Инжил Каракалпак

Ефеслилерге жазылған хат

1. Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, Масих Ийсаға садық болған Ефес қаласындағы исениўшилерге сєлем!
2. Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин!
3. Ийемиз Ийса Масихтың Єкеси – Кудайға алғыс-мақтаўлар болсын! Ол бизлерди Масих арқалы аспандағы ҳєр түрли руўхый жарылқаў менен жарылқады.
4. Кудай Ѳзиниң алдында мухаддес ҳєм минсиз болыўымыз ушын, Масих пенен қатнаста болған бизлерди дүнья жаратылмастан бурын таңлап алды. Кудай бизлерди сүйип,
5. Ийса Масих арқалы Ѳзиниң балалары қылып асырап алыў ушын, алдын ала белгиледи. Бул Оның єжайып қєлеўи бойынша болды.
6. Солай етип, сүйикли Улы арқалы бизлерге сыйға берген уллы мийрими себепли Ѳзине алғыс айтыўымыз ушын, Кудай усылай иследи.
7. Масих пенен қатнаста болған бизлер Оның қаны арқалы қутқарылдық, яғный Кудайдың бай мийрими бойынша гүналарымыз кеширилди.
8. Кудай бул бай мийримин пүткил ақыл-даналық пенен үстилеримизге жаўдырып,
9. Ѳз еркиниң сырын бизлерге ашып берди. Бул Оның Масих арқалы жобаластырған єжайып мақсети бойынша болды.
10. Белгиленген ўақыт болғанда ємелге асатуғын Кудайдың жобасы – жердегилердиң ҳєм аспандағылардың ҳєммесин Масихтың басшылығында бирлестириўден ибарат.
11. Ҳємме нєрсени Ѳз қєлеўи менен иске асыратуғын Кудайдың ерки бойынша бизлер алдын ала белгиленип, Масих арқалы таңлап алындық.
12. Бул Масихқа бастан-ақ үмит еткен бизлердиң уллы Кудайды алғыслаўымыз ушын болды.
13. Ҳақыйқат сѳзин, яғный қутқарылыў ҳаққында Хош Хабарды еситип, Масихқа исенгениңизде, сизлер де ўєде етилген Мухаддес Руўх пенен мѳрленип, Кудайға тийисли болдыңлар.
14. Кудайға тийисли болған бизлердиң толық қутқарылыўымызға дейин бул Мухаддес Руўх – Кудайдың бизлерге ўєде еткен мийрасының гиреўи. Булардың ҳєммеси бизлердиң уллы Кудайды алғыслаўымыз ушын болды.
15. Сонлықтан Ийемиз Ийсаға деген исенимиңиз ҳєм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситкенимнен бери,
16. мен сизлер ушын тынбастан шүкирлик етемен. Жєне де, дуўа еткенимде, сизлерди бєрқулла тилге аламан.
17. Ийемиз Ийса Масихтың Кудайы, даңқ-салтанатқа ийе Єке Ѳзин билиўиңиз ушын, сизлерге даналық ҳєм аян бериўши Мухаддес Руўхын берсин деп, Кудайдан сорап атырман.
18. Кудайдың шақырығынан пайда болған үмитти ҳєм Оның исениўшилерге берген уллы мийрасының қаншелли бай екенин билиўиңиз ушын, жүреклериңиздиң кѳзлери ашылсын деп, дуўа етип атырман.
19. Жєне де, Ийсаға исенген бизлерде үлкен қүдирет пенен ҳєрекет еткен Кудайдың күшиниң қаншелли уллы екенин сизлер билсин деп те, дуўа етип атырман.
20. Кудай усы күш пенен Масихта ҳєрекет етип, Оны ѳлимнен қайта тирилтти ҳєм аспанда Ѳзиниң оң жағына отырғызды.
21. Кудай Масихты барлық ҳєкимшилик ҳєм бийликтен, пүткил қүдирет ҳєм ҳүкимдарлықтан, тек усы заманда емес, ал келешек дєўирде де аталатуғын ҳємме атлардан жоқары қойды.
22. Ҳємме нєрсени Оған бойсындырып, бағындырды. Оны пүткил барлықтың үстинен қойып, исениўшилер жємєєтиниң басы қылды.
23. Исениўшилер жємєєти Масихтың денеси болып, пүткил барлықты толтырып турған Масихтың толылығына ийе.
1. Сизлер бир ўақытлары айып ҳєм гүналарыңыз себепли ѳли едиңлер.
2. Сонда сизлер бул дүньяның єдети бойынша, ҳаўада ҳүкимдарлық етиўши ҳєким – шайтанға, яғный ҳєзир Кудайға қулақ аспайтуғын адамларда ҳєрекет етиўши руўхқа бойсынып жасайтуғын едиңлер.
3. Бир ўақытлары бизлердиң ҳєммемиз де усындай адамлардың арасында ѳз гүнакар тєбиятымыз бойынша жасадық. Денемиздиң ҳєм ой-нийетимиздиң жаман қєлеўлерин орынладық. Сол себептен басқалар сыяқлы бизлер де тєбиятымыз бойынша Кудайдың ғєзебине ылайықлы адамлар едик.
4. Бирақ, мийрим-шєпєєтке бай болған Кудай бизлерди соншелли сүйгенликтен,
5. гүналарымыз себепли ѳли болсақ та, бизлерди Масих пенен бирге тирилтти. Сизлер Оның мийрими менен қутқарылдыңыз.
6. Бизлер Масих Ийса менен қатнаста болғанлықтан, Кудай бизлерди Масих пенен бирге тирилтип, Оның менен бирге Аспан Патшалығында отырғызды.
7. Кудай Масих Ийса арқалы бизлерге реҳим етип, Ѳз мийриминиң шексиз байлығын келешек дєўирлерде кѳрсетиў ушын усылай иследи.
8. Сизлер исенимиңиз арқалы Кудайдың мийрими менен қутқарылдыңыз. Бул сизлердиң жетискенлигиңиз емес, ал Кудайдың сыйы болғанлықтан,
9. ҳеш ким ислерим себепли қутқарылғанман деп, мақтана алмайды.
10. Себеби бизлер Кудайдың дѳретпесимиз. Ѳзи алдын ала таярлаған жақсы ислерин ислеп жасаўымыз ушын, Ол бизлерди Масих Ийса арқалы жаратты.
11. Сонлықтан мыналарды еске түсириңлер: сизлер бир ўақытлары бутқа табыныўшы миллет адамы болып туўылып, денесиндеги ети қол менен кесилип сүннет етилген яҳудийлер тєрепинен «сүннетсизлер» деп аталатуғын едиңиз.
12. Ол ўақытлары сизлер Масих пенен байланысы жоқ, Израил халқына жат ҳєм Кудайдың оларға берген ўєдесиниң Келисиминен бийнесип адамлар едиңлер. Бул дүньяда үмитсиз ҳєм қудайсыз болып жасадыңлар.
13. Бирақ бурын Кудайдан узақ болған сизлер енди Масих Ийса менен қатнас жасап, Масихтың қаны арқалы Кудайға жақын болдыңлар.
14. Ѳйткени Масихтың Ѳзи – яҳудийлер менен басқа миллетлерди бирлестирген бизиң жарастырыўшымыз. Ол Ѳз денесин қурбан етип, арадағы айырып турған дийўалды, яғный душпанлықты жоқ қылды.
15. Яҳудийлер менен басқа миллетлерден Ѳзи менен байланыста болатуғын бир жаңа халықты жаратыў мақсетинде, Ол буйрық ҳєм қағыйдалардан ибарат болған яҳудийлердиң нызамын бийкар етти. Буны тынышлықты орнатып,
16. душпанлықты жоқ қылған атанақ ағаш арқалы екеўин бир жаңа халық қылып, Кудай менен жарастырыў ушын иследи.
17. Масих келип, Кудайдан узақ болған сизлерге ҳєм Кудайға жақын болған яҳудийлерге тынышлық Хош Хабарын жєриялады.
18. Ол арқалы бизлер ҳєммемиз бир Мухаддес Руўх пенен Єкемиз Кудайдың алдына бара аламыз.
19. Солай етип, енди сизлер жат ҳєм шет жерли адам емессизлер, ал мухаддеслерге ўатанлас, Кудайдың шаңарағының ағзаларысыз.
20. Сизлер елшилер ҳєм пайғамбарлар салған тырнақ тас үстине қаландыңлар. Ал имараттың мүйешиниң тийкарғы тасы – Масих Ийсаның Ѳзи болады.
21. Онда пүткил имарат қуралып, Ийемизге тийисли бир мухаддес Ибадатхана болыў ушын ѳсип барады.
22. Масих пенен қатнаста болған сизлер де Кудай Мухаддес Руўхы арқалы жасайтуғын мєкан болыўыңыз ушын, ҳєммеңиз бирликте қуралып барасызлар.
1. Сол себептен мен, Павел, басқа миллетлерден болған сизлер ушын, Масих Ийсаның тутқыны болдым.
2. Сизлер ушын Кудайдың Ѳз мийрими менен маған берген бул хызмети ҳаққында, єлбетте, еситкенсизлер.
3. Жоқарыда қысқаша жазып ѳткенимдей, Кудай маған Ѳз сырын аян арқалы билдирди.
4. Бул хатты оқығаныңызда, Масихтың сырын қалай түсингенимди билип алыўыңыз мүмкин.
5. Адамзаттың єўелги єўладларынан қупыя тутылып, енди Кудайдың мухаддес елшилерине ҳєм пайғамбарларға Мухаддес Руўх арқалы ашып берилген бул сыр мынадан ибарат:
6. басқа миллетлер де яҳудийлер менен бирге мийрасқа шерик ҳєм бир денениң ағзалары. Олар Хош Хабар арқалы Масих Ийса себепли берилген ўєдеге де шерик.
7. Кудайдың ҳєрекет ететуғын қүдирети менен, маған берилген мийриминиң сыйы арқалы мен Хош Хабарды жєриялаў ушын хызметке тайынландым.
8. Мен барлық исениўшилер ишинде ең арзымағаны болсам да, басқа миллетлерге Масихтың шексиз байлығы ҳаққында жєриялаў ушын, Кудай маған усы мийримин берди.
9. Жєне де, ҳємме нєрсени жаратқан Кудай Ѳзинде єўелден-ақ сақланған сырлы жобасын ҳєммеге ашып бериў ушын да, маған усы мийримин берди.
10. Солай етип, Кудайдың мақсети – исениўшилер жємєєти арқалы аспандағы ҳєкимшиликлерге ҳєм бийликлерге Ѳзиниң кѳп қырлы ақыл-даналығын ҳєзир мєлим етиў.
11. Кудай усы мєңгилик мақсетин Ийемиз Масих Ийса арқалы ємелге асырды.
12. Бизлер Масих пенен қатнаста болып, Оған деген исенимимиз арқалы Кудайға батырлық ҳєм толық исеним менен жақынласа аламыз.
13. Сонлықтан сизлер ушын шеккен азапларым себепли қайғырмаўыңызды ѳтиниш етемен. Мен шеккен бул азаплар сизлерге уллылық алып келеди.
14. Сол себептен мен аспандағы Єкемиздиң алдында дизе бүгип, дуўа етемен.
15. Ол аспандағы ҳєм жер жүзиндеги ҳєр қандай миллетке ат берген.
16. Кудай Ѳз уллылығының байлығы бойынша ишки дүньяңызды беккемлеў ушын, Ѳз Руўхы арқалы сизлерге күш-қуўат берсин.
17. Исенимиңиз арқалы Масих жүреклериңизде жасасын. Сүйиспеншиликке тамыр урып ҳєм тийкарланып,
18. барлық исениўшилер менен бирге Масихтың сүйиспеншилигиниң қаншелли кең, узын, бийик ҳєм терең екенлигин түсинип алғайсыз.
19. Жєне де, сизлер ақыл-ойға сыймайтуғын усы сүйиспеншиликти билип, Кудайдың пүткил толылығына толып барғайсыз.
20. Бизлерде ҳєрекет етиўши қүдирети менен, Кудай бизлердиң тилеген ҳєм ойлаған ҳєр бир нєрсемизди артығы менен ислей алатуғын күшке ийе.
21. Оның Масих Ийса менен қатнаста болған исениўшилер жємєєтинде, єўладтан-єўладқа, мєңгиге даңқы арта берсин! Аўмийин.
1. Солай етип, Ийемиз ушын тутқын болған мен сизлерден жалынып сорайман: Кудайдың ѳзлериңизди шақырған ѳмирине ылайықлы түрде жасаңлар.
2. Толық кишипейиллик, мүлєйимлилик ҳєм сабырлылық пенен жасаңлар. Бир-бириңизди сүйип, мийзамкеш болыңлар.
3. Ѳзлериңизди бирлестириўши тынышлық пенен, Мухаддес Руўх берген бирликти сақлаўға тырысыңлар.
4. Кудай сизлерди шақырғанда бир үмитти берди. Сол сыяқлы, ҳєммемиз бир денемиз ҳєм бир Мухаддес Руўхқа ийемиз.
5. Ийемиз бир, исенимимиз бир, суўға шомылдырылыў рєсимимиз бир.
6. Кудай да бир. Ол ҳєммениң үстинен ҳүкимдар, ҳємме арқалы ҳєрекет етиўши, ҳєммемизде бар болған, ҳєммемиздиң Єкемиз.
7. Бирақ Кудай ҳєр биримизге Масихтың сақыйлығына муўапық Ѳз мийримин сыйға берди.
8. Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ол жоқарыға шығып, Тутқынларды тутқын етти. Адамларға сыйлар берди».
9. Енди бул: «Ол жоқарыға шықты» деген сѳзлер нени аңлатады? Масих бурын тѳменге, жерге түсти дегенди аңлатады.
10. Түскен Адам да, ҳєр бир нєрсени толтырыў ушын аспаннан да бийигирекке шыққан Адам да – биреў.
11. Масих гейбиреўлерди елши, базыларды пайғамбар, айырымларды Хош Хабарды жєриялаўшы, ал биреўлерди жємєєт шопаны ҳєм устаз қылып қойды.
12. Ол буны исениўшилерди таярлап, олардың хызмет қылыўы ҳєм Ѳзиниң денеси болған жємєєтти беккемлеў ушын иследи.
13. Нєтийжеде бизлердиң ҳєммемиз Кудайдың Улына исениўде ҳєм Оны билиўде бирликке ерисип, Масихтың толық минсизлигине дейин ѳсип барамыз.
14. Солай екен, ендигиден былай, гѳдек болмайық. Адамлардың жалатайшылығы ҳєм ҳийлекерлиги арқалы пайда болған ҳєр түрли тєлийматлардың самалы менен ана жақтан мына жаққа шайқатылмайық.
15. Керисинше, ҳақыйқатлықты сүйиспеншилик пенен айтып, денениң басы болған Масихқа қарай ҳєр тєреплеме ѳсип барайық.
16. Оның басқарыўында пүткил денениң мүшелери ѳз ара биригип, ҳєр бир мүше ѳз миннетин атқарыўы арқалы бир-бирине жєрдем берип, байланыс жасайды. Усылай етип, пүткил дене сүйиспеншилик пенен ѳсип, ѳзин беккемлеп барады.
17. Сонлықтан мен усыны айтып, сизлерди Ийемиздиң атынан ескертемен: буннан былай, бутқа табыныўшы миллетлердиң адамлары сыяқлы, бос ой-қыялларға берилип жасамаңлар.
18. Олардың сана-сезимлери топырланып, ишиндеги наданлық ҳєм жүреклериндеги қаталлық себепли, Кудайдан берилген ѳмирге жат болған.
19. Олар пүткил ар-намыс сезимлерин жойтқан, ҳєр түрли ҳарамылықты нєпсиқаўлық пенен ислеў ушын, бузықшылыққа берилген.
20. Бирақ сизлер Масихты бундай қылып танымағансыз.
21. Єлбетте, сизлер Ийса Масих ҳаққында еситкениңизден кейин, Оның менен қатнаста болып, Ондағы ҳақыйқатты үйрендиңлер.
22. Сол себептен бурынғы ѳмир жолыңыздан, яғный денениң жаман қєлеўлери себепли шириген ески тєбиятыңыздан ўаз кешиңлер.
23. Ой-пикирлериңизди ҳєм руўхыңызды жаңалап,
24. шын ҳақлық ҳєм мухаддеслик пенен, Кудайға уқсатылып жаратылған жаңа адам болыңлар.
25. Сонлықтан ѳтириктен ўаз кешип, ҳєр бириңиз исениўши туўысқаныңызға ҳақыйқатты айтыңлар. Себеби ҳєммемиз бир денениң мүшелеримиз.
26. Ѓєзепленсеңиз де, гүна ислемеңлер. Куяш батқанша, ғєзептен қайтыңлар.
27. Шайтанға жол бермеңлер.
28. Урлық ислеген ендигиден былай урлық ислемесин. Керисинше, мүтєж адамларға үлестиретуғын бир нєрсеси болыўы ушын, ол ѳз қоллары менен ҳадал мийнет етсин.
29. Аўызларыңыздан ҳеш бир жаман сѳз шықпасын. Ал орны менен сѳйлеп, еситкенлердиң руўхын кѳтеретуғын пайдалы сѳзлерди айтың.
30. Кудайдың Мухаддес Руўхын қапа қылмаңлар. Кутқарылатуғын күниңиз ушын усы Руўх пенен мѳрленгенсизлер.
31. Жек кѳриўшилик пенен бирликте ҳєр бир жаман нийет, ашыў, ғєзеп, бақырыс ҳєм ѳсек сизлерден узақ болсын.
32. Ал бир-бириңизге мийирман ҳєм жан ашыр болыңлар. Кудай сизлерди Масих арқалы кеширгендей, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер.
1. Солай етип, Кудайдың сүйикли балалары болған сизлер Оған еликлеңлер!
2. Масих бизлерди сүйип, бизлер ушын Кудайға унайтуғын садақа ҳєм қурбанлық болып, Ѳзин Кудайға бағышлады. Сол сыяқлы, сизлер де усындай сүйиспеншилик пенен жасаңлар.
3. Ҳеш қандай бузықшылық, ҳарамылық ҳєм нєпсиқаўлық араңызда тилге де алынбасын. Бул исениўшилерге минєсип емес.
4. Араңызда уят ҳєм пєтиўасыз гєплер, турпайы ҳєзил де болмасын. Бул сизлерге минєсип емес. Буның орнына, Кудайға шүкирлик билдириңлер.
5. Мынаны анық билип қойыңлар: ҳеш бир бузық, ҳарам, нєпсиқаў, яғный бутпараз адам Масихтың ҳєм Кудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
6. Ҳеш ким сизлерди ѳтирик сѳзлер менен алдамасын. Жоқарыда айтылған ислер себепли, Ѳзине бойсынбайтуғынларға Кудайдың ғєзеби келеди.
7. Сонлықтан бундайларға шерик болмаңлар.
8. Сизлер бир ўақытлары қараңғылық едиңиз, бирақ енди болса, Ийемиз арқалы нур болдыңлар. Сол себептен нурға тийисли адамларға сай жасаңлар.
9. Ѳйткени нурдағы ѳмирдиң жемиси – ҳєр түрли жақсылық, ҳақлық ҳєм ҳақыйқатлықтан ибарат.
10. Кудайға нениң унайтуғынын айырып билиңлер.
11. Караңғылықтағы ѳмирдиң жемиссиз ислерине қатнаспаңлар. Керисинше, оларды єшкара етиңлер.
12. Караңғылықтағы адамлардың жасырын қылған ислерин айтыўдың ѳзи қатты уят.
13. Бирақ, қараңғылыққа нур шашылса, ҳємме нєрсе анық кѳринеди.
14. Себеби Кудайдың нурында кѳринген ҳєр бир адам – нур. Сол себептен былай делинген: «Оян, ҳєй уйқыда жатқан, Ѳлилер ишинен тирил! Масих саған нур шашар».
15. Солай етип, қалай жасаў кереклигине дыққат аўдарып, надан адамлар сыяқлы емес, ал дана адамлар сыяқлы жасаңлар.
16. Жақсылық ислеўге ҳєр бир мүмкиншиликтен пайдаланыңлар. Ѳйткени ҳєзирги күнлер жаўызлыққа толы.
17. Сол себептен ақылсыз болмай, Ийемиздиң қєлеўиниң не екенин түсиниңлер.
18. Арақ-шарап ишип, мєс болмаңлар, бул адамның бузылыўына алып келеди. Ал буның орнына, Мухаддес Руўхқа толыңлар.
19. Забур жырларындағы, алғыс-мақтаў қосықларындағы ҳєм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықлардағы сѳзлерди бир-бириңизге айтып, Ийемизди қосық-намалар менен жүрегиңизде алғыслаңлар.
20. Бєрқулла ҳємме нєрсе ушын, Ийемиз Ийса Масихтың аты менен Єкемиз Кудайға шүкирлик билдириңлер.
21. Масихқа деген ҳүрметиңиз себепли, бир-бириңизге бойсыныңлар.
22. Ҳєй ҳаяллар, Ийемизге бойсынатуғыныңыз сыяқлы, күйеўлериңизге де бойсыныңлар!
23. Себеби Масих исениўшилер жємєєтиниң басы болғаны сыяқлы, күйеўи де ҳаялының басы. Масих Ѳз денесиниң, яғный исениўшилер жємєєтиниң Кутқарыўшысы.
24. Исениўшилер жємєєти Масихқа бойсынатуғыны сыяқлы, ҳаяллар да ҳємме исте күйеўлерине бойсынсын.
25. Ҳєй күйеўлер, Масих исениўшилер жємєєтин сүйип, оның ушын Ѳзин қурбан еткени сыяқлы, сизлер де ҳаялларыңызды сүйиңлер.
26. Масих исениўшилер жємєєтин суў менен жуўып ҳєм Кудайдың сѳзи менен тазалап, оны мухаддес қылыў ушын, Ѳзин қурбан етти.
27. Буны Ол үстинде ҳеш бир дақ, жыйрық ямаса буған уқсаған бир нєрсеси жоқ, мухаддес ҳєм минсиз болған салтанатлы жємєєтти Ѳзине алыў ушын иследи.
28. Сол сыяқлы, күйеўлер де ҳаялларын ѳз денесин сүйгендей сүйиўи шєрт. Ѳз ҳаялын сүйген ѳзин сүйген болады.
29. Ҳеш ким ҳеш қашан ѳз денесин жек кѳрмеген. Керисинше, Масих исениўшилер жємєєтине ғамхор болғаны сыяқлы, адам ѳз денесин азықландырып, оны күтеди.
30. Ѳйткени бизлер Масихтың денесиниң мүшелеримиз.
31. «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, ѳз ҳаялына қосылады ҳєм екеўи бир дене болады».
32. Бул сыр уллы. Мен буны Масихқа ҳєм исениўшилер жємєєтине байланыслы айтып атырман.
33. Солай етип, ҳєр бириңиз ѳз ҳаялын ѳзин сүйгендей сүйсин. Ҳаял да күйеўин ҳүрмет етсин.
1. Ҳєй балалар, Ийемизге тийисли болған сизлер, ата-анаңызға бойсыныңлар! Себеби усылай ислегениңиз дурыс болады.
2. «Ата-анаңды ҳүрметле», – бул ўєде менен бирге берилген баслы буйрық.
3. Сол ўєде болса мынадай: «Сонда сен берекет табасаң ҳєм жердеги ѳмириң узақ болады».
4. Ҳєй єкелер, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. Оларды Ийемиздиң тєлим-тєрбиясы менен ѳсириңлер.
5. Ҳєй қуллар, дүньядағы хожайынларыңыздың сѳзин Масихтың сѳзин тыңлағандай, терең ҳүрмет, қорқыў ҳєм пєк жүрек пенен тыңлаңлар.
6. Буны адамларға жақсы кѳрингиси келетуғынлар сыяқлы, кѳзабаға ислемеңлер. Кудайдың қєлеўин Масихтың қуллары сыпатында шын жүректен орынлаңлар.
7. Адамларға емес, ал Ийемизге хызмет етип атырғандай, инта менен хызмет етиңлер.
8. Ѳйткени қул болсын, азат адам болсын, ҳєр бир адамның ислеген жақсылығының Ийемизден қайтатуғынын билесизлер.
9. Ҳєй хожайынлар, сизлер де қулларыңызға усындай қатнаста болып, оларды қорқытыўды тоқтатыңлар. Себеби аспанда олар менен сизлердиң Ийеңиз бар екенин ҳєм Оның адамларды айырмайтуғынын билесизлер.
10. Жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып, Оның қүдиретиниң күши менен беккемленип барыңлар.
11. Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Кудайдың барлық саўыт-қуралларын тағыныңлар.
12. Ѳйткени урысымыз қан ҳєм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы кѳзге кѳринбейтуғын ҳєкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳєм аспандағы жаўыз руўхларға қарсы.
13. Сонлықтан жаман күнде оларға қарсылық кѳрсете алыўыңыз ушын ҳєм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Кудайдың барлық саўыт-қуралларын тағып алыңлар.
14. Солай етип, орныңызда беккем турыңлар. Белиңизди ҳақыйқат белбеўи менен буўып, кѳкирегиңизге ҳақлық саўытын кийиңлер.
15. Тынышлық Хош Хабарын жєриялаў таярлығын аяқларыңызға аяқ кийим қылып кийиңлер.
16. Булардың ҳєммесине қоса шайтанның барлық отлы оқларын ѳшире алатуғын исеним қалқанын қолларыңызға алыңлар.
17. Кутқарылыў дуўлығасын ҳєм Кудайдың сѳзи болған Мухаддес Руўхтың қылышын алыңлар.
18. Ҳєр түрли тилек ҳєм жалбарыныў менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында ҳємме ўақыт дуўа етиңлер. Усы мақсет пенен сергек болып, пүткил исениўшилер ушын табан тиреп сораңлар.
19. Мен ушын да дуўа етиңлер. Аўзымды ҳєр ашқанымда маған керекли сѳз берилип, Хош Хабардың сырын батырлық пенен билдире алайын.
20. Жєне де, Хош Хабар ушын елши болған мен ҳєзир тутқын болсам да, Хош Хабарды ылайықлы мєртлик пенен жєриялаўым ушын да дуўа етиңлер.
21. Аўҳалымның қалай екенин ҳєм не ислегенимди сизлер де билиўиңиз ушын, сүйикли туўысқанымыз ҳєм Ийемиздиң исенимли хызметшиси Тихик сизлерге ҳєммесин билдиреди.
22. Мине, усы мақсетте оны сизлерге жиберип атырман. Ол бизлердиң аўҳалымызды билдирип, кеўиллериңизди жигерлендиреди.
23. Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих туўысқанларға тынышлық ҳєм исеним менен бирликте сүйиспеншилик берсин.
24. Ийемиз Ийса Масихты ѳшпес сүйиспеншилик пенен сүйиўшилердиң ҳєммесине Кудайдың мийрими яр болсын!