Инжил Каракалпак

Елшилерди„„„ң ислери

1. -
2. Ҳүрметли Теофил! Мен биринши китабымда Ийсаның ислеўге ҳәм үйретиўге кирискенинен баслап, Ѳзи таңлаған елшилерине Мухаддес Руўх арқалы буйрықлар бергеннен соң, аспанға алынған күнине дейин болған ўақыялардың ҳәммесин жазған едим.
3. Ол азап шегип ѳлгеннен кейин, кѳп исенимли дәлиллер менен елшилерге Ѳзиниң қайта тирилгенин кѳрсетти. Ќырық күн даўамында оларға кѳринип, Ќудайдың Патшалығына байланыслы нәрселер ҳаққында айтты.
4. Олар менен бирге болғанда мына буйрықты берди: – Ерусалимнен кетип қалмаңлар. Ал өзлериңиз Меннен еситкен Әкемниң ўәдесиниң орынланыўын күтиңлер.
5. Себеби Яқыя суў менен шомылдырған еди, бирақ сизлер кѳп күн ѳтпей Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар.
6. Елшилер бирге жыйналғанда, Ийсадан былай деп сорады: – Ийем, Израилға патшалықты ҳәзир қайтарып бережақсаң ба?
7. Ийса оларға: – Єкениң Ѳз бийлиги менен белгилеп қойған ўақыт-мәҳәллерин билиў сизлерге берилмеген.
8. Бирақ сизлерге Мухаддес Руўх түскенде күш-қуўат аласызлар ҳәм Ерусалимде, пүткил Яҳудияда, Самарияда, ҳәтте, дүньяның шетине дейин Мениң гүўаларым боласызлар, – деди.
9. Ийса усыларды айтып болып, олардың кѳз алдында аспанға алынды. Оны бир булт қаплап, олардың нәзеринен узақластырды.
10. Ийса кѳтерилип баратырғанда, олар кѳзлерин аспанға тигип турған еди. Бирден олардың қасында ақ кийимли еки адам пайда болып:
11. – Ҳәй, галилалылар, неге аспанға қарап турсызлар? Сизлерден аспанға алынған бул Ийсаның қалай кѳтерилгенин кѳргениңиздей, Ол анық солай қайтып келеди, – деди.
12. Буннан соң, елшилер Зәйтүн таўы деп аталған таўдан Ерусалимге қайтып келди. Бул таў Ерусалимге жақын болып, бир шақырымдай жерде жайласқан еди.
13. Ќалаға кирип, ѳзлери болып атырған үйдиң жоқарғы қабатына кѳтерилди. Олар: Петр, Юхан, Яқып, Андрей, Филип, Томас, Бартоломей, Матта, Алпейдиң улы Яқып, ўатансүйер Симон ҳәм Яқып улы Яҳуда еди.
14. Булардың ҳәммеси ҳаял-қызлар, Ийсаның анасы Мәриям ҳәм Оның туўысқанлары менен бирликте үзликсиз дуўа ететуғын еди.
15. Сол күнлердиң биринде жыйналған бир жүз жигирмаға шамалас исениўшилердиң арасынан Петр орнынан турып былай деди:
16. – Туўысқанларым! Мухаддес Руўхтың Ийсаны услап алғанларға жолбасшылық еткен Яҳуда ҳаққында Даўыт арқалы әўелден билдирген Мухаддес Жазыўы орынланыўы керек еди.
17. Яҳуда да бизлердиң арамызда бири болып, усы хызметтен үлесин алған еди.
18. ( Бул адам ѳз қылмысының ҳақысына бир егислик жер сатып алды. Ол сол жерде ет-бетинен жығылып, қарны жарылды ҳәм барлық ишеклери ақтарылды.
19. Бул ўақыя Ерусалим турғынларының ҳәммесине мәлим болды. Сонлықтан сол егислик жер олардың тилинде «Хакелдама» деп аталып, «Ќан жери» деген мәнисти аңлатады.)
20. Ѳйткени Забурда: «Оның мәканы қаңырап қалсын, Онда жасаўшы болмасын». Және де: «Оның орнын басқа биреў ийелесин», – деп жазылған.
21. -
22. Сонлықтан Ийемиз Ийса бизлер менен бирге болғанда, яғный Яқыяның суўға шомылдырыўынан баслап, Ийсаның аспанға алынған күнине дейин, бәрқулла бизлердиң арамызда болған адамлардың бири Оның қайта тирилгенине бизлер менен бирге гүўа болыўы тийис.
23. Солай етип, еки адам: лақабы Юстус болған Барсаба деп аталатуғын Юсуп ҳәм Матияс усынылды.
24. -
25. Соңынан олар былай деп дуўа етти: – О, Ийемиз, Сен ҳәр бир адамның кеўлин билесең. Усы еки адамның қайсысын елшилик хызметине таңлағаныңды бизлерге кѳрсет. Ал Яҳуда бул хызметти таслап, ѳзине ылайықлы жерге кетти.
26. Олар екеўине шек таслағанда, шек Матиясқа түсти. Солай етип, ол он бир елшиниң қатарына қосылды.
1. Елиўинши күни байрамы келгенде, исениўшилердиң ҳәммеси бир жерге жыйналды.
2. Тосаттан аспаннан күшли самал ескендей болып, бир шаўқым еситилди ҳәм олар отырған үйди пүткиллей толтырып жиберди.
3. Оттың жалыны сыяқлы тиллерге уқсаған бир нәрселер оларға кѳринип, бѳлинип-бѳлинип ҳәр бириниң үстине түсти.
4. Олардың ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Руўхтың айтқызыўы бойынша басқа тиллерде сѳйлей баслады.
5. Сол ўақытта Ерусалимде дүньяның ҳәр түрли еллеринен келген диншил яҳудийлер жасайтуғын еди.
6. Бул сести еситип, кѳп халық бир жерге жыйналды. Олардың ҳәр бири ѳз тиллеринде айтылған сѳзлерди еситкенликтен ҳайран болды.
7. Ҳәмме қатты таң қалысып, былай деди: – Ќараңлар, бул сѳйлеп атырғанлардың ҳәммеси галилалы емес пе?
8. Онда қалай олардың бизлердиң ҳәр биримиздиң туўылған жеримиздиң тилинде сѳйлеп атырғанын еситип турмыз?
9. Арамызда парфиялылар, мидиялылар, еламийлилер бар. Месопотамияда, Яҳудияда ҳәм Кападокияда, Понтус ҳәм Азияда,
10. -
11. Фрикия ҳәм Памфилияда, Мысыр ҳәм Ливияның Киренеге жақын үлкелеринде жасайтуғынлар бар. Ѳзлери яҳудий болған ҳәм яҳудий динине ѳткен Римнен келген қонақлар, критлилер ҳәм араблар да бар. Бирақ бизлер Ќудайдың уллы ислери ҳаққында ҳәр биримиз ѳз тиллеримизде еситип турмыз-ғо.
12. Олардың ҳәммеси аң-таң болысып, бир-биринен: – Буны қалай түсиниўге болады? – деп сорады.
13. Ал гейбиреўлери мысқыллап: – Олар таза шарап ишип, мәс болған, – дести.
14. Сонда он бир елши менен бирге Петр орнынан турды да, бәлент даўыс пенен халыққа қарата сѳйледи: – Яҳудийлер ҳәм пүткил Ерусалим турғынлары! Мен буны сизлерге түсиндирейин, сѳзлериме қулақ салыңлар.
15. Бул адамлар сизлер ойлағандай мәс емес. Себеби ҳәзир азанғы саат тоғыз-ғо.
16. Бирақ бул кѳрип турғанларыңыз Иоел пайғамбар арқалы алдын ала айтылған еди:
17. «Ќудай былай дейди: Соңғы күнлерде барлық адамлардың үстине Ѳз Руўхымды жаўдыраман. Улларыңыз ҳәм қызларыңыз пайғамбаршылық етеди. Жасларыңыз аянлар, қартайған адамларыңыз түслер кѳреди.
18. Сол күнлерде Ѳзимниң ер ҳәм ҳаял хызметшилеримниң үстине де, Ѳз Руўхымды жаўдыраман, Олар да пайғамбаршылық етеди.
19. Жоқарыда, аспанда таң қаларлық нәрселер, Тѳменде, жер жүзинде кәраматлы белгилер: қан, от ҳәм бурқыраған түтинлерди кѳрсетемен.
20. Ийемиздиң уллы ҳәм салтанатлы күни келместен алдын, күн қараңғыланады, ай қанға айланады.
21. Сонда Ийемиздиң атын айтып шақырған ҳәр бир адам қутқарылады».
22. Израиллылар, мына сѳзлерге қулақ салыңлар: хабарыңыз бар, Насыралы Ийса Ќудайдың Ол арқалы араңызда ислеген кәраматлары, таң қаларлық ўақыялары ҳәм кәраматлы белгилери менен Ќудай тәрепинен дәлилленген Адам еди.
23. Бул Ийса Ќудайдың ерки ҳәм алдын ала белгилегени бойынша, сизлерге услап берилген еди. Сизлер Оны Ќудайдың Нызамын билмейтуғын басқа миллет адамларының қолы менен атанақ ағашқа шегелеп ѳлтирдиңлер.
24. Ал Ќудай ѳлим азабының тусаўларын үзип, Оны тирилтти. Ѳйткени Оны ѳлимниң услап турыўы мүмкин емес еди.
25. Ол ҳаққында Даўыт былай деген: «Ийемди ҳәмме ўақыт кѳз алдымда кѳрдим, Ол мениң оң жағымда болғанлықтан, мен албырамайман.
26. Сонлықтан кеўлим қуўанып, тилим шадланып сѳйлейди. Денем де үмит ишинде жасайды.
27. Себеби Сен жанымды ѳлилер мәканына таслап кетпейсең, Ѳз Мухаддесиңди ширитип қоймайсаң.
28. Маған ѳмир жолларын үйреттиң, Мени Ѳз жаныңда қуўанышқа бѳлейсең».
29. Туўысқанларым! Мен сизлерге уллы бабамыз Даўыт ҳаққында ашық айта аламан: ол ѳлди ҳәм жерленди. Оның қәбири бүгинге дейин усы жерде, бизлерде сақланған.
30. Даўыт пайғамбар болғанлықтан, Ќудайдың оған: «Сениң урпағыңнан Бирин тахтыңа отырғызаман», – деп ѳзине ант ишип, ўәде бергенин билди.
31. Сонлықтан ол келешекте не болатуғынын кѳрип, Масихтың қайта тирилетуғыны туўралы былай деген еди: «Ол ѳлилер мәканына таслап қалдырылмады, Денеси де ширимеди».
32. Ќудай усы Ийсаны ѳлимнен тирилтти, буған бизлердиң ҳәммемиз гүўамыз.
33. Ол Ќудайдың қүдирети менен аспандағы жоқары ҳәмелге кѳтерилип, Єкеден ўәде етилген Мухаддес Руўхты алды. Ҳәзир кѳргениңиз ҳәм еситкениңиз сыяқлы, сол Руўхты бизлерге жаўдырды.
34. -
35. Даўыт аспанға кѳтерилмеген болса да былай деген еди: «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр“».
36. Солай етип, пүткил Израил халқы анық билип қойсын: Ќудай сизлер атанақ ағашқа шегелеген сол Ийсаны ҳәм Ийемиз, ҳәм Масих қылды.
37. Буны еситкенлердиң жүреклерине қанжар суғылғандай болды. Олар Петр ҳәм басқа елшилерден: – Туўысқанлар, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
38. Петр оларға былай деди: – Гүналарыңыздың кеширилиўи ушын тәўбе етип, ҳәр бириңиз Ийса Масихтың аты менен суўға шомылдырылыңлар. Сонда Мухаддес Руўхты сыйға аласызлар.
39. Бул ўәде сизлерге, сизлердиң балаларыңызға ҳәм алыстағылардың ҳәммесине, яғный Ќудай Ийемиз шақырған ҳәр бир адамға берилген.
40. Петр басқа да кѳп сѳзлер менен оларға гүўалық берип: – Бул бузық әўладтан қутқарылыңлар, – деп ѳтиниш етти.
41. Оның сѳзин қабыл еткенлер суўға шомылдырылып, сол күни оларға үш мыңға шамалас адам қосылды.
42. Олар ѳзлерин елшилердиң тәлимине бағышлап, бир-бири менен қарым-қатнаста болды ҳәм бирге нан сындырып, дуўа ететуғын еди.
43. Елшилер арқалы кѳп таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер кѳрсетилгенликтен, ҳәммени қорқыныш бийледи.
44. Исениўшилердиң ҳәммеси бирге жыйналып, ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды.
45. Мал-мүликлерин сатып, ҳәр кимниң мүтәжлигине қарай үлестиретуғын еди.
46. Олар ҳәр күни бирге Ибадатхананың ҳәўлисинде жыйналысып, үйлерде нан сындырысты. Ќуўанышлы түрде ҳақ кеўил менен бирге аўқатланды.
47. Ќудайға мақтаўлар айтып, пүткил халықтың алғысына бѳленди. Ийемиз де қутқарылғанларды оларға күн сайын қосып барды.
1. Бир күни Петр менен Юхан дуўа етиў ўақтында, түстен кейин саат үште Ибадатханаға баратыр еди.
2. Сол жерде иштен аяғы ләң болып туўылған бир адам бар еди. Ол Ибадатханаға келгенлерден садақа сораў ушын кѳтерип әкелинип, ҳәр күни Ибадатхананың «Гѳззал» деген қапысының қасында отырғызылатуғын еди.
3. Бул адам Ибадатханаға кирип баратырған Петр менен Юханды кѳрип, олардан садақа сорады.
4. Петр менен Юхан оған тигилип қарады. Соңынан Петр оған: – Бизлерге қара! – деди.
5. Сол адам олардан бир нәрсе алыўды дәметип, оларға дыққат пенен тигилип қалды.
6. Петр оған: – Менде гүмис ҳәм алтын жоқ, бирақ саған ѳзимде барымды беремен. Насыралы Ийса Масих аты менен айтаман, жүр! – деп
7. оның оң қолынан услады да, орнынан турғызды. Сол ўақытта-ақ оның аяқлары менен тобықларына күш енди.
8. Ол орнынан ушып турды да, жүре баслады. Былай-былай жүрип секириўи менен Ќудайға алғыслар айтып, олар менен бирге Ибадатханаға кирди.
9. Пүткил халық оның жүрип баратырғанын ҳәм Ќудайды алғыслап атырғанын кѳрип,
10. оның Ибадатхананың «Гѳззал» деген қапысының қасында отырып, тиленшилик еткен адам екенин таныды. Оның менен жүз берген ўақыяға олар қатты ҳайран қалысып, аң-таң болысты.
11. Жаңағы адам Петр менен Юханнан айырылмай жүргенде, пүткил халық ҳайран қалысып, «Сулайманның айўаны» деп аталатуғын жерге, олардың қасына жуўырысып келди.
12. Буны кѳрген Петр халыққа қарата былай деди: – Израиллылар, буған неге аң-таң болып атырсызлар? Бул адамды бизлер ѳз күшимиз ямаса диншиллигимиз бенен жүргизгендей, неге бизлерге тигилип турсызлар?
13. Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың Ќудайы, бизиң ата-бабаларымыздың Ќудайы Ѳз хызметшиси Ийсаны уллылады. Сизлер Оны услап бердиңлер ҳәм Пилат Оны босатыўға қарар еткенде, Оннан Пилаттың алдында ўаз кештиңлер.
14. Мухаддес ҳәм ҳақ Адамнан ўаз кешип, бир адам ѳлтириўшиниң ѳзлериңизге босатылып берилиўин талап еттиңлер.
15. Сизлер Ѳмир Ийесин ѳлтирдиңлер, бирақ Ќудай Оны ѳлимнен тирилтти. Бизлер буған гүўамыз.
16. Сизлер кѳрген ҳәм таныйтуғын бул адам Ийсаның аты менен, Оның атына деген исеним менен шыпа тапты. Ҳәммеңиздиң кѳз алдыңызда оған толық шыпа берген Ийсаға деген исеним еди.
17. Енди туўысқанларым, сизлердиң бул исти басшыларыңыз сыяқлы билмей ислегениңизди билемен.
18. Бирақ барлық пайғамбарлар арқалы Ѳз Масихының азап шегетуғынын алдын ала билдирген Ќудай Ѳз сѳзин усылай әмелге асырды.
19. -
20. Солай етип, тәўбе етиңлер ҳәм гүналарыңыздың жуўылыўы ушын Ќудайға қайтыңлар. Сонда Жаратқан Ийемиз сизлерге рәҳәтлениў ўақытларын береди ҳәм сизлер ушын алдын ала тайынланған Масихты, яғный Ийсаны жибереди.
21. Ќудайдың әййемнен мухаддес пайғамбарлары арқалы айтқанындай, ҳәмме нәрсениң ѳз қәлпине келиўине дейин Ийса аспанда болыўы керек.
22. Ѳйткени Муўса былай деген еди: «Ќудай Ийемиз сизлер ушын туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады. Оның айтқан ҳәр бир сѳзин тыңлаңлар.
23. Сол пайғамбарды тыңламаған ҳәр бир адам Ќудайдың халқы арасынан жоқ етиледи».
24. Самуел пайғамбардан баслап, оннан кейин келип сѳйлеген пайғамбарлардың ҳәммеси де усы күнлер ҳаққында болжаған еди.
25. Сизлер пайғамбарлардың ҳәм Ќудайдың ата-бабаларыңыз бенен дүзген келисиминиң мийрасхорларысызлар. Себеби Ќудай Ибрайымға былай деген еди: «Сениң әўладың арқалы жер жүзиндеги ҳәмме халықлар жарылқанады».
26. Ҳәр бириңизди жаман жолдан қайтарып, сизлерди жарылқаў ушын, Ќудай Ѳзи тайынлаған хызметшисин ең алды менен сизлерге жиберди.
1. Петр менен Юхан халыққа сѳйлеп турғанда, руўханийлер, Ибадатхана сақшыларының басшысы ҳәм саддукейлер олардың жанына топарласып келди.
2. Ѳйткени олардың халыққа тәлим берип, Ийсаның мысалында ѳлилердиң қайта тирилетуғынын жәриялағанына қатты ашыўлы еди.
3. Сонлықтан олар Петр менен Юханды услап алды да, ертеңге дейин қамап таслады. Себеби күн кеш болып қалған еди.
4. Бирақ, елшилердиң сѳзин еситкен адамлардың кѳбиси исенди. Исенген ер адамлардың саны бес мыңға шамалас еди.
5. Келеси күни яҳудий басшылары, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер Ерусалимге жыйналды.
6. Бас руўханий Ханна менен Каяфа, Юхан, Искендер ҳәм бас руўханийдиң урпағынан болған басқа адамлар да сол жерде еди.
7. Олар Петр менен Юханды ортаға турғызып, олардан: – Сизлер буны қандай күш пенен ҳәм кимниң аты менен иследиңлер? – деп сорады.
8. Сонда Петр Мухаддес Руўхқа толып былай деди: – Халық басшылары ҳәм ақсақаллар!
9. Бул ләң адамға исленген жақсылық ҳәм оның қалай шыпа тапқаны ҳаққында бизлер бүгин тергелип атырған болсақ,
10. онда сизлердиң ҳәммеңиз ҳәм пүткил Израил халқы мынаны билип қойыңлар: бул адам сизлер атанақ ағашқа шегелеген, бирақ Ќудай ѳлимнен қайта тирилткен Насыралы Ийса Масихтың атының қүдирети менен сап-саў болып, алдыңызда тур.
11. Усы Ийса Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Сиз, қурылысшылар тәрепинен керексиз деп тасланып, Бирақ, үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болған тас».
12. Ийсадан басқа ҳеш ким арқалы қутқарылыў жоқ. Ќутқарылыўымыз ушын аспан астында адамларға берилген басқа ҳеш бир ат жоқ.
13. Кеңес ағзалары Петр менен Юханның билимсиз ҳәм қарапайым адамлар екенин байқап, олардың батыллығын кѳргенде таң қалысты. Олардың Ийса менен бирге болғанын билди.
14. Бирақ шыпа тапқан адамның Петр ҳәм Юхан менен турғанын кѳрип, оларға қарсы ҳеш нәрсе айта алмады.
15. Солай етип, кеңес ағзалары оларға сыртқа шығып кетиўди буйырды да, соңынан ѳз ара кеңесе баслап:
16. – Бул адамларға не ислесек екен? Ерусалимде жасайтуғын ҳәр бир адам олардың анық кәрамат ислегенин биледи-ғо. Бизлер буны бийкарлай алмаймыз.
17. Бирақ, бул хабардың халық арасында және де кѳбирек жайылмаўы ушын, буннан былай Ийсаның аты менен ҳеш кимге ҳеш қашан сѳйлемеңлер деп, қорқытып қояйық, – дести.
18. Соңынан оларды шақырып алып, Ийсаның аты менен ҳеш нәрсе айтпаўларын ҳәм үйретпеўлерин буйырды.
19. Бирақ, Петр менен Юхан оларға жуўап берип: – Ѳзлериңиз ойлап кѳриң: Ќудайдың сѳзлеринен гѳре, сизлердиң сѳзлериңизди тыңлаў Ќудай алдында дурыс болар ма екен?
20. Бизлер кѳргенлеримизди ҳәм еситкенлеримизди айтпай тура алмаймыз, – деди.
21. Кеңес ағзалары жазалаў ушын ҳеш қандай себеп таба алмағанлықтан, оларды және қорқытты да, босатып жиберди. Ѳйткени болған ўақыя ушын пүткил халық Ќудайға алғыслар айтып турған еди.
22. Себеби кәраматлы шыпа нәтийжесинде жазылған адамның жасы қырықтан асқан еди.
23. Петр менен Юхан босатылғаннан соң жолдасларына барып, бас руўханийлер менен ақсақаллардың ѳзлерине айтқан сѳзлериниң ҳәммесин хабарлады.
24. Олар буны еситкенде, бир аўыздан Ќудайға қарата бәлент даўыс пенен былай деди: – О, Ќүдиретли Ийемиз! Аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин Сен жаратқансаң.
25. Ѳз хызметшиң бабамыз Даўыттың аўзы менен Мухаддес Руўх арқалы былай деген едиң: «Миллетлер неге қозғалаң кѳтерди? Халықлар неге пушқа шығатуғын жобалар дүзди?
26. Жер жүзиниң патшалары бас кѳтерди, Ҳүкимдарлар бирге жыйналып, Жаратқан Ийемизге ҳәм Ол тайынлаған Масихқа қарсы турды».
27. Ҳақыйқаттан да, Ҳирод пенен Понтий Пилат бул қалада басқа миллетлер ҳәм Израил халқы менен бирге Сен тайынлаған мухаддес хызметшиң Ийсаға қарсы топланды.
28. Олар буны Сениң қүдиретиң ҳәм еркиң менен алдын ала белгиленгенлерди әмелге асырыў ушын иследи.
29. Енди, О Ийемиз, олардың айбат етиўлерине нәзер салып, Сениң сѳзиңди толық мәртлик пенен айтыўға Ѳз қулларыңа күш-қуўат бере гѳр!
30. Мухаддес хызметшиң Ийсаның аты менен аўырыўларға шыпа бериў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислер ислеў ушын қүдиретиңди кѳрсете гѳр!
31. Дуўа етип болғанда, олар жыйналған жер силкинип кетти. Ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Ќудайдың сѳзин мәртлик пенен айта баслады.
32. Исениўшилердиң жыйнағындағы ҳәмме адам бир жан, бир тән еди. Ҳеш қайсысы да ѳз мал-мүлкин «меники» демейтуғын еди. Ал ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды.
33. Елшилер Ийемиз Ийсаның қайта тирилгени ҳаққында күшли жигер менен, тәсирли түрде гүўалық беретуғын еди ҳәм олардың ҳәммеси Ќудайдың уллы мийримине ийе еди.
34. Олардың арасында жоқшылықта жасайтуғын адам болған жоқ. Ѳйткени жерлери ямаса үйлери барлар оларды сататуғын еди. Түскен ақшаларын алып келип,
35. елшилердиң қолына салатуғын еди. Ақшалар ҳәр кимге мүтәжлигине қарай үлестирилетуғын еди.
36. Мысалы: Лебий урыўынан шыққан Юсуп деген кипрлы бир адам бар еди. Елшилер оған Барнаба, яғный «Жубаныш бериўши» дегенди аңлататуғын ат берген еди.
37. Ол ѳзине тийисли жерди сатты да, ақшасын әкелип, елшилердиң қолына салды.
1. Ал Ханания атлы адам ҳаялы Сафира менен мал-мүлкин сатып,
2. ақшаның бир бѳлегин жасырып қалды да, қалған бѳлегин елшилердиң қолына әкелип салды. Буннан оның ҳаялының да хабары бар еди.
3. Сонда Петр оған былай деди: – Ханания, неге шайтанға жүрегиңнен орын берип, Мухаддес Руўхты алдадың ҳәм сатылған жердиң ақшасының бир бѳлегин ѳзиңе алып қалдың?
4. Жер сатылмай-ақ саған тийисли емес пе еди? Сатылғаннан соң да, ақшасын қәлегениңше жумсаўға еркли емес пе едиң? Неге бундай ис ислеўге нийет еттиң? Сен адамларды емес, Ќудайды алдадың-ғо.
5. Ханания бул сѳзлерди еситиўден-ақ жерге жығылып, жан тапсырды. Буны еситкенлердиң ҳәммесин күшли қорқыныш бийледи.
6. Жас жигитлер орынларынан турып, оның денесин кепинледи де, алып кетип жерледи.
7. Арадан шама менен үш сааттай ѳткенде, болған ўақыядан хабарсыз Хананияның ҳаялы ишке кирип келди.
8. Петр оған: – Маған айтшы, жерди усынша ақшаға саттыңлар ма? – деди. – Аўа, соған, – деди ҳаял.
9. Петр оған былай деди: – Неге Ийемиздиң Руўхын сынап кѳриўге келистиңлер? Єнекей, күйеўиңди жерлегенлер есиктен кирип киятыр. Олар сени де алып кетеди.
10. Ҳаял сол ўақытта-ақ Петрдиң аяғына жығылып, жан тапсырды. Ишке кирген жас жигитлер оның ѳлип қалғанын кѳрип, сыртқа алып кетти де, күйеўиниң қасына жерледи.
11. Пүткил исениўшилер жәмәәтин ҳәм болған ўақыяларды еситкенлердиң ҳәммесин күшли қорқыныш бийледи.
12. Халық арасында елшилер арқалы кѳп кәраматлы белгилер кѳрсетилип, таң қаларлық ислер исленетуғын еди. Исениўшилердиң ҳәммеси Сулайманның айўанында жыйналып туратуғын еди.
13. Сырттан оларға қосылыўға ҳеш кимниң батылы бармайтуғын еди, бирақ халық оларға кѳп алғыслар айтатуғын еди.
14. Және де, Ийемизге исенип, исениўшилерге қосылған ер ҳәм ҳаяллардың саны барған сайын арта берди.
15. Ҳәтте, Петр ѳтип баратырғанда, ҳеш болмаса оның саясы аўырыўлардың бириниң үстине түссин деп, оларды кѳшелерге шығарып, кәтлер ҳәм тѳсеклердиң үстилерине жатқызып қойды.
16. Ерусалимниң дѳгерегиндеги қалашалардан да кѳп адамлар жыйналып, аўырыўларды ҳәм жаўыз руўхлардан азап шеккенлерди алып келетуғын еди. Олардың ҳәммеси шыпа табатуғын еди.
17. Сонда бас руўханий ҳәм оның тәрепдарларының ҳәммеси, яғный саддукей топарының ағзаларының қызғаныштан ишлери жанып,
18. елшилерди услатты да, мәмлекет қамақханасына қаматып таслады.
19. Бирақ түнде Ийемиздиң бир периштеси қамақхананың қапыларын ашып, оларды сыртқа шығарды да:
20. – Барыңлар, Ибадатханада турып, бул жаңа ѳмир туўралы сѳзлердиң барлығын халыққа айтыңлар, – деди.
21. Елшилер айтылғанды тыңлап, таң сәҳәрде Ибадатханаға барды да, тәлим бере баслады. Сол ўақытта бас руўханий ҳәм оның тәрепдарлары келип, жоқарғы кеңестиң адамларын, яғный Израил халқының барлық ақсақалларын жыйналыўға шақырды ҳәм елшилерди алып келиў ушын қамақханаға адам жиберди.
22. Бирақ, сақшылар қамақханаға барғанда елшилерди таппай, излерине қайтып келди де, мыналарды хабарлады:
23. – Ќамақхананың беккем етип жабылғанын, қапылардың аўзында қараўыллардың турғанын кѳрдик. Бирақ, қапыларды ашқанымызда, иштен ҳеш кимди таппадық.
24. Бул сѳзлерди еситкен Ибадатхана сақшыларының басшысы менен бас руўханийлер: «Бул не болғаны» десип, албырасып қалды.
25. Сонда олардың қасына бир адам келип: – Єне, сизлер қамаққа салған адамлар Ибадатханада тәлим берип тур, – деп хабарлады.
26. Солай етип, сақшылардың басшысы сақшылар менен бирге кетип, елшилерди алып келди. Бирақ халықтың ѳзлерин тас пенен урыўынан қорқып, оларға зорлық ислемеди.
27. Олар елшилерди алып келип, жоқарғы кеңестиң алдында турғызып қойды. Бас руўханий елшилерди сораўға тутып:
28. – Бул ат пенен тәлим бермең, деп қатаң буйырған едик-ғо. Бирақ сизлер ѳз тәлийматыңызды пүткил Ерусалим қаласына жайыпсызлар. Бул Адамның қанының тѳгилиўине де бизлерди жуўапкер қылмақшысызлар, – деди.
29. Петр менен басқа елшилер былай деп жуўап берди: – Адамларға емес, Ќудайға бойсыныў тийис!
30. Ата-бабаларымыздың Ќудайы сизлер атанақ ағашқа шегелеп ѳлтирген Ийсаны қайта тирилтти.
31. Израилдың тәўбе етип, гүналарының кеширилиўи ушын, Ќудай Оны Кѳсем ҳәм Ќутқарыўшы қылып, Ѳзиниң оң тәрепине кѳтерди.
32. Бизлер бул ислердиң гүўасымыз. Сондай-ақ, Ќудайдың Ѳзине бойсынатуғынларға беретуғын Мухаддес Руўхы да буларға гүўа.
33. Жоқарғы кеңес ағзалары буны еситкенде ашыўға минип, елшилерди ѳлтирмекши болды.
34. Бирақ, пүткил халықтың ҳүрметине ийе болған нызам муғаллими Гамалиел атлы бир парисей кеңесте орнынан турып, елшилерди аз-маз ўақытқа сыртқа шығарып турыўды буйырды.
35. Соңынан ол кеңес ағзаларына былай деди: – Израиллылар! Бул адамларға ислейжақ исиңизди абайлап ислеңлер.
36. Себеби буннан бурын ѳзин уллы деп есаплаған Теудас атлы бир адам шыққан еди. Оған тѳрт жүзге шамалас адам қосылды. Бирақ ол ѳлтирилип, изине ергенлердиң ҳәммеси тарқап, жоқ болып кетти.
37. Оннан соң, халықтың есабы алынған күнлерде галилалы Яҳуда шығып, бир топар адамларды изине ертти. Ол да ѳлтирилип, изине ергенлердиң ҳәммеси тарқап кетти.
38. Сонлықтан енди сизлерге айтатуғыным мынаў: бул адамларға тиймеңлер, оларды тынышына қойыңлар. Ѳйткени бул ис-ҳәрекет адамлардан болса, ол иске аспайды.
39. Бирақ Ќудайдан болса, бул адамларды жоқ қыла алмайсызлар. Және де, Ќудайға қарсы урысыўшы болып қалыўыңыз да мүмкин.
40. Кеңес ағзалары Гамалиелдиң мәсләҳәтин қабыл етти де, елшилерди ишке шақыртып, оларды қамшылатты ҳәм Ийсаның аты менен ўаз айтпаўды буйырып, босатып жиберди.
41. Елшилер Ийсаның аты себепли масқараланыўға миясар болғаны ушын жоқарғы кеңестен қуўанышлы түрде шығып кетти.
42. Олар ҳәр күни Ибадатханада ҳәм үйме-үй тәлим бериўин, Ийсаның Масих екени ҳаққында Хош Хабарды жәриялаўын тоқтатқан жоқ.
1. Масихтың шәкиртлериниң саны ѳсип атырған сол күнлерде грекше сѳйлейтуғын исениўши яҳудийлер тәрепинен еврейше сѳйлейтуғын исениўши яҳудийлерге қарсы наразылық пайда болды. Себеби күнделикли жәрдем бѳлистирилгенде, олардың жесирлерине кеўил аўдарылмайтуғын еди.
2. Сонда он еки елши ҳәмме шәкиртлерди бир жерге жыйнап: – Ќудайдың сѳзин жәриялаў исин таслап, дастурхан басында хызмет еткенимиз дурыс болмас.
3. Туўысқанларым! Араңызда жақсы аты шыққан, Мухаддес Руўх пенен даналыққа толған жети адамды таңлаңлар. Оларға усы исти тапсырайық.
4. Ал бизлер ѳзлеримизди дуўа етиўге ҳәм Ќудайдың сѳзин жәриялаўға бағышлайық, – деди.
5. Бул сѳз пүткил жәмәәтке унады. Олар исеними күшли ҳәм Мухаддес Руўхқа толы болған Степанды, және де Филипти, Прохорды, Никанорды, Тимонды, Парменди ҳәм яҳудий динине ѳткен антиохиялы Николасты сайлап,
6. елшилердиң алдында турғызды. Елшилер дуўа етип, олардың үстилерине қолларын қойды.
7. Солай етип, Ќудайдың сѳзи жайылып, Ерусалимдеги шәкиртлердиң саны кѳбейе берди. Руўханийлердиң кѳбиси де елшилердиң тәлимин қабыл алып, исене баслады.
8. Ќудайдың мийрими менен қүдиретине толы болған Степан халық арасында уллы таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер кѳрсететуғын еди.
9. Деген менен, киренели, искендериялы ҳәм Киликия менен Азиядан болған адамлардың «Еркинлер мәжилисханасы» деген мәжилисхананың айырым ағзалары Степанға қарсы шығып, оның менен тартыса баслады.
10. Бирақ ол даналық ҳәм Мухаддес Руўх пенен сѳйлегенликтен, олар қарсы тура алмады.
11. Сонда олар бир неше адамды үгитлеп: «Оның Муўсаға ҳәм Ќудайға тил тийгизгенин еситтик», – деп айтқызды.
12. Солай етип, олар халықты, ақсақалларды ҳәм диний муғаллимлерди ѳшегистирип, бас салып Степанды услады да, оны жоқарғы кеңестиң алдына алып келди.
13. Олар әкелген жалған гүўалар: – Мына адам Ибадатханаға ҳәм Муўсаның Нызамына үзликсиз қарсы сѳйлеп жүр.
14. Бизлер оның: «Насыралы Ийса Ибадатхананы жоқ қылады, Муўсаның бизлерге берген үрп-әдетлерин ѳзгертеди», – дегенин еситтик, – деди.
15. Жоқарғы кеңесте отырғанлардың ҳәммеси Степанның жүзине тигилип қарап, оның жүзиниң периштениң жүзине уқсас екенин кѳрди.
1. Сонда бас руўханий Степаннан: – Усы дурыс па? – деп сорады.
2. Степан былай деп жуўап берди: – Туўысқанларым ҳәм ағаларым, маған қулақ салыңлар! Бабамыз Ибрайым Харанға кѳшип орналаспастан бурын Месопотамияда болған ўақтында уллы Ќудай оған кѳринип:
3. «Елиңди ҳәм ағайин-туўғанларыңды қалдырып, Мен саған кѳрсететуғын елге бар», – деген еди.
4. Солай етип, Ибрайым халдейлилердиң елинен шығып, Харанға орналасты. Єкесиниң ѳлиминен кейин, Ќудай оны сол жерден алып, ҳәзир сизлер жасап атырған бул елге кѳширди.
5. Деген менен, Ќудай бул жерде оған ҳеш қандай мийрас, бир қарыс жер де бермеген еди. Бирақ, сол ўақытта Ибрайымның баласы жоқ болса да, Ќудай бул жерди оған ҳәм оның урпақларына мүлик қылып беретуғынын ўәде еткен еди.
6. Және де, Ќудай оған былай деген еди: «Сениң урпақларың жат жерде жат болып, тѳрт жүз жыл қуллықта жасайды ҳәм зулымлық кѳреди.
7. Бирақ Мен оларды қул еткен халықты жазалайман. Буннан соң, олар сол жерден шығып, Маған бул жерде сыйынады».
8. Соңынан Ќудай Ибрайым менен мухаддес келисим дүзип, сүннетлеў рәсимин оның белгиси қылды. Солай етип, Ибрайым Ысақтың әкеси болып, оны сегизинши күни сүннет етти. Ысақ Яқыптың, Яқып он еки уллы аталарымыздың әкеси болды.
9. Юсупты күнлеген аталарымыз оны Мысырға сатып жиберди. Бирақ Ќудай оның менен бирге болып,
10. барлық қыйыншылықларынан қутқарды. Мысыр патшасы Фараонның алдында оған даналық ҳәм мийрим-шәпәәтлик берди. Фараон оны Мысырдың ҳәм сарайындағы барлық адамлардың үстинен басшы қылып қойды.
11. Соңынан пүткил Мысыр ҳәм Канан еллеринде ашлық болып, үлкен қыйыншылықлар басланды. Ата-бабаларымыз жеўге аўқат таба алмай қалды.
12. Мысырда ғәлле бар екенин еситкен Яқып аталарымызды сол жаққа биринши мәрте жоллады.
13. Олар Мысырға екинши мәрте келгенде, Юсуп туўысқанларына ѳзиниң ким екенин танытты ҳәм Фараонға оның шығысы белгили болды.
14. Юсуп әкеси Яқыпты ҳәм барлығы жетпис бес адамнан ибарат болған ҳәмме ағайин-туўғанларын ѳзине шақыртып алды.
15. Солай етип, Яқып Мысырға кѳшип кетти. Оның ѳзи де, ата-бабаларымыз да сол жерде қайтыс болды.
16. Олардың сүйеги Шикемге алып келинип, Ибрайымның сол жерде Хамордың улларынан гүмис ақшаға сатып алған қәбирине қойылды.
17. Ќудайдың Ибрайымға берген ўәдесиниң орынланатуғын ўақты жақынлағанда, Мысырдағы халқымыздың саны жүдә кѳбейип қалған еди.
18. Сол ўақытта Мысырда Юсупты танымайтуғын басқа бир патша тахтқа отырды.
19. Ол халқымыздан ҳийлекерлик пенен пайдаланып, зулымлық иследи ҳәм олардың жаңа туўылған балаларының тири қалмаўы ушын далаға таслаўға мәжбүрледи.
20. Сол ўақытта Муўса дүньяға келди. Ол жүдә сулыў бала болып, үш ай әкесиниң үйинде бағылды.
21. Ол далаға тасланғанда, оны Фараонның қызы таўып алып, ѳз баласындай қылып тәрбиялап ѳсирди.
22. Муўса мысырлылардың барлық билим тараўларынан тәлим алып, сѳзинде де, исинде де күшли болды.
23. Ол қырық жасқа толғанда, оның кеўлинде ѳз туўысқанлары болған израиллылардың жағдайын барып кѳриў нийети пайда болды.
24. Олардың бирине әдилсизлик исленгенин кѳрген Муўса оны жақлады да, әдилсизлик ислеген мысырлыны ѳлтирип, зулымлық кѳрген адам ушын ѳш алды.
25. Ол: «Ќудайдың мен арқалы ѳзлерин қутқаратуғынын туўысқанларым түсинер», – деп ойлаған еди. Бирақ олар түсинбеди.
26. Ертеңине Муўса тѳбелесип атырған еки израиллыны ушыратып қалғанда, оларды жарастырмақшы болып: – Жигитлер, сизлер туўысқансыз-ғо. Неге бир-бириңизге жәбир берип атырсызлар? – деди.
27. Бирақ, жақынына жәбир берген адам Муўсаны ийтерип жиберип: – Ким сени бизлердиң үстимизден басшы ҳәм қазы қылып қойды?
28. Кеше мысырлыны ѳлтиргениңдей, мени де ѳлтирмекшимисең? – деди.
29. Бул сѳзди еситкенде Муўса Мидиян елине қашып кетип, сол жат жерде жасады. Ол сол жерде еки балалы болды.
30. Ќырық жыл ѳткеннен соң, Синай таўының дѳгерегиндеги шѳлде, жанып турған путаның жалынында Муўсаға бир периште кѳринди.
31. Муўса бул кѳриниске таң қалды. Анықлап кѳриў ушын жақынлағанда, Жаратқан Ийемиздиң:
32. «Мен сениң ата-бабаларыңның Ќудайыман, Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың Ќудайыман», – деген даўысы еситилди. Муўса қорққанынан қалтырап, қараўға жүрексине алмады.
33. Соңынан Жаратқан Ийемиз оған былай деди: «Аяқ кийимиңди шеш! Ѳйткени сен турған жер мухаддес.
34. Мен халқымның Мысырда азап-ақырет шегип атырғанын кѳрдим, оның наласын еситип, оны қутқарыў ушын аспаннан түстим. Енди бар, Мен сени Мысырға жиберемен».
35. Бул: «Ким сени басшы ҳәм қазы қылып қойды?» – деп адамлар тән алмаған – сол Муўса еди. Ќудай оны путада кѳринген периште арқалы басшы ҳәм қутқарыўшы қылып жиберди.
36. Мысырда, Ќызыл теңизде ҳәм қырық жыл бойы шѳлде таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер кѳрсетип, халықты Мысырдан шығарған усы Муўса еди.
37. Израил улларына: «Ќудай сизлерге ѳз туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады», – деген де – усы Муўса еди.
38. Синай таўында ѳзине сѳйлеген периштениң сѳзлерин ата-бабаларымызға жеткизген ҳәм шѳлде жыйналған Израил халқы менен бирге болған да сол еди. Ол бизлерге жеткизиў ушын Ќудайдың тири сѳзлерин алған еди.
39. Бирақ, ата-бабаларымыз оған бойсыныўды қәлемеди ҳәм оны тән алмай, кеўиллери Мысырға аўды.
40. Олар Харонға: «Бизлерди баслап жүретуғын қудайлардың мүсинлерин соғып бер, себеби бизлерди Мысыр елинен шығарған сол Муўсаға не болғанын билмеймиз», – деди.
41. Сол күнлерде олар бузаўдың мүсинин соғып, сол бутқа қурбанлық берди. Олар ѳз қоллары менен соққан бутқа қуўанып, кеўил кѳтеристи.
42. Сонлықтан Ќудай олардан жүзин терис бурып, оларды аспан денелерине табыныўға таслап қойды. Бул пайғамбарлардың китабында жазылғандай болды: «Ҳәй, Израил халқы! Сизлер шѳлде қырық жыл бойы, Маған қурбанлық ҳәм сыйлар бердиңиз бе?
43. Ѳзлериңиз табыныў ушын ислеген бутларды: Молохтың шатырын ҳәм қудайыңыз Рефанның жулдызын кѳтерип жүрдиңлер-ғо. Сонлықтан Мен сизлерди Бабилонның аржағына сүргин қыламан».
44. Ата-бабаларымыздың шѳлде Гүўалық шатыры бар еди. Муўса оны ѳзине сѳйлеген Ќудайдың буйырғанындай, кѳрген үлги бойынша ислеген еди.
45. Шатыр әўладтан-әўладқа ѳтип, ата-бабаларымыз Ешуаның басшылығында Ќудай қуўып жиберген халықлардың жерлерин ийелегенде, оны ѳзлери менен бирге алып жүрди. Шатыр Даўыттың заманына дейин болды.
46. Ќудай алдында мийримге ерискен Даўыт Яқыптың Ќудайы ушын мәкан қурыўға рухсат сорады.
47. Бирақ, Ќудай ушын үй салған Сулайман болды.
48. Деген менен, Ќүдиретли Ќудай адамның қолы менен салынған мәканларда жасамайды. Ол пайғамбар арқалы былай деген еди:
49. «Аспан – Мениң тахтым, Жер – аяқ басарым, Сизлер Маған қандай үй салып бережақсызлар? Мениң дем алатуғын орным қай жерде екен?
50. Булардың ҳәммесин Мениң қолым жаратпады ма?»
51. Ҳәй, ѳжетлер, шын кеўилден Ќудайға бойсынбайтуғынлар, Оның сѳзин тыңламайтуғынлар! Сизлер ата-бабаларыңызға уқсап, Мухаддес Руўхқа бәрқулла қарсы турасызлар.
52. Ата-бабаларыңыз пайғамбарлардың қайсы бирин қуўдаламады? Олар ҳақ Адамның келиўин алдын ала болжағанларды да ѳлтирди-ғо. Сизлер де енди Оған сатқынлық ислеп, Оны ѳлтирдиңлер.
53. Сизлер периштелер арқалы берилген Мухаддес Нызамды алсаңлар да, оны орынламадыңлар!
54. Кеңес ағзалары бул сѳзлерди еситкенде ашыўға минип, Степанға қарсы тислерин қайрады.
55. Ал Мухаддес Руўхқа толған Степан кѳзлерин аспанға тигип, Ќудайдың салтанатын ҳәм Ќудайдың оң тәрепинде турған Ийсаны кѳрди.
56. Сонда ол: – Ќараңлар, аспанның ашылғанын ҳәм Адам Улының Ќудайдың оң тәрепинде турғанын кѳрип турман, – деди.
57. Ал олар қулақларын жаўып, қатты қышқырысты. Ҳәммеси бирден Степанға топылды да,
58. оны қаланың сыртына сүйреп шығарып, оған тас ылақтыра баслады. Гүўалар ѳз кийимлерин Саул атлы бир жас жигиттиң аяғының жанына қойды.
59. Олар тас ылақтырып атырғанда, Степан: «Ийем Ийса, руўхымды қабыл ет», – деп дуўа етти.
60. Соңынан ол дизе бүкти де, бәлент даўыс пенен: «О Ийем, бул гүнаны олардың мойнына жүклеме!» – деди. Усыны айтып болып, ол жан тапсырды.
1. Степанның ѳлтирилиўин Саул да мақуллаған еди. Сол күнниң ѳзинде-ақ, Ерусалимдеги исениўшилер жәмәәтине қарсы күшли қуўдалаў басланды. Елшилерден басқа исениўшилердиң ҳәммеси Яҳудия менен Самария үлкелериниң ҳәмме жерлери бойлап тарқап кетти.
2. Айырым исениўши адамлар Степанды жерлеп, оны қатты азалады.
3. Бирақ Саул исениўшилер жәмәәтине қатты азап берди. Ол үйме-үй кирип, еркек пе, ҳаял ма, ҳәммесин сүйреп шығарып, қамаққа салдырды.
4. Ал тарқалып кеткен исениўшилер ел аралап, Ќудайдың сѳзин жәриялап жүрди.
5. Филип Самарияның бир қаласына келип, ол жердегилерге Масих ҳаққында жәриялады.
6. Филиптиң сѳзин еситкен ҳәм ол кѳрсеткен кәраматлы белгилерди кѳрген халық оның сѳзлерин дыққат пенен тыңлады.
7. Ѳйткени жин урған кѳп адамлардан жаўыз руўхлар қышқырысып шығып, кѳплеген ләң ҳәм ақсақ болғанлар шыпа табатуғын еди.
8. Солай етип, сол қала үлкен қуўанышқа бѳленди.
9. Сол қалада кѳп ўақытлардан бери сыйқыршылық пенен шуғылланатуғын, Самария халқын таң қалдырып киятырған ҳәм ѳзин уллы адам деп есаплайтуғын Симон атлы бир адам бар еди.
10. Ең қарапайым адамлардан баслап ең абырайлы адамларға дейин, ҳәммеси оны дыққат пенен тыңлап: «Онда уллы қүдирет деп аталатуғын Ќудайдың қүдирети бар», – дейтуғын еди.
11. Симон оларды кѳп ўақытлардан бери сыйқыршылық пенен таң қалдырып киятырғанлықтан, оны ҳәмме тыңлайтуғын еди.
12. Бирақ олар Ќудайдың Патшалығы ҳәм Ийса Масихтың аты ҳаққында Хош Хабарды жәриялаған Филиптиң сѳзлерине исенгенде, еркеклер де, ҳаяллар да суўға шомылдырылды.
13. Симонның ѳзи де исенип суўға шомылдырылғаннан соң, Филиптиң жанынан айырылмады. Кѳрсетилген белгилер ҳәм уллы кәраматларды кѳрип, ол таң қалды.
14. Ерусалимдеги елшилер самариялылардың Ќудайдың сѳзин қабыл еткенин еситип, оларға Петр менен Юханды жиберди.
15. Екеўи сол жерге барып, самариялы исениўшилердиң Мухаддес Руўхты алыўы ушын дуўа етти.
16. Себеби еле олардың ҳеш қайсысына Мухаддес Руўх түспеген болып, олар тек Ийемиз Ийсаның аты менен суўға шомылдырылған еди.
17. Петр менен Юхан олардың үстилерине қолларын қойып дуўа еткенде, олар Мухаддес Руўхты алды.
18. Елшилердиң бул қол қойыў ҳәрекети менен Мухаддес Руўх берилгенин кѳрген Симон оларға ақша усынып:
19. – Маған да усындай қүдирет бериңлер, мен кимниң үстине қолларымды қойсам да, ол Мухаддес Руўхты қабыл қылатуғын болсын, – деди.
20. Бирақ Петр оған былай деди: – Ќудайдың сыйын ақшаға сатып алыўды ойлағаның ушын, ақшаң ѳзиң менен бирге қурып кетсин.
21. Бул исте сениң пайың да, үлесиң де жоқ. Ѳйткени кеўлиң Ќудай алдында ҳақ емес.
22. Енди бул жаўыз нийетиң ушын тәўбе етип, Ийемизге жалбарын! Мүмкин, кеўлиңдеги бул нийетти Ол кеширер.
23. Себеби сениң ашшы қызғанышқа толы екениңди ҳәм жаманлықтың шырмаўында екениңди кѳрип турман.
24. Симон жуўап берип: – Мен ушын Ийеңизге сизлер дуўа етиңлер, айтқанларыңыздың ҳеш бири басыма түспесин, – деди.
25. Петр менен Юхан Ийемиздиң сѳзи ҳаққында гүўалық берип айтқаннан соң, Самарияның кѳп аўылларында Хош Хабарды жәриялап, Ерусалимге қайтты.
26. Сонда Ийемиздиң бир периштеси Филипке былай деди: – Орныңнан турып, қубла тәрепке, Ерусалимнен Газаға баратуғын шѳл жолына бар.
27. Филип орнынан турып, жолға шықты. Сол ўақытта Эфиопияның ҳаял патшасы Кандакияның ўәзирлеринен бири, оның барлық қазнасын басқаратуғын бир ақта сыйыныў ушын Ерусалимге барып,
28. сол жол менен қайтып киятыр еди. Ол арбасында Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырған еди.
29. Мухаддес Руўх Филипке: – Барып, сол арбаға жақынлас, – деди.
30. Филип жуўырып арбаның қасына барғанда, оның Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырғанын еситип: – Не оқып отырғаныңды түсинесең бе? – деп сорады.
31. Эфиопиялы: – Биреў маған жол-жорық кѳрсетпесе, қалай түсине аламан, – деди де, Филиптен арбаға минип отырыўды ѳтиниш етти.
32. Ол Мухаддес Жазыўдың мына жерин оқып отырған еди: «Ол қой сыяқлы баўызланыўға алып барылды, Жүн қырқыўшының алдында қозы қалай үндемей турса, Ол да солай аўзын ашпады.
33. Ол хорланып, әдил ҳүким алыўдан жуда болды. Оның урпақларын ким тилге алады? Ѳйткени Оның бул дүньядағы ѳмири таўсылды».
34. Ўәзир Филиптен: – Ѳтинемен, маған айтшы: пайғамбар ким туўралы айтып атыр? Ѳзи туўралы ма ямаса басқа биреў туўралы ма? – деп сорады.
35. Сонда Филип Мухаддес Жазыўдың усы жеринен баслап, Ийса ҳаққында Хош Хабарды оған айтып берди.
36. Олар жол жүрип киятырғанда, суў бар жерге келди.
37. – Мине, бул жерде суў бар-ғо, суўға шомылдырылыўыма не тосқынлық қылады? – деди ўәзир.
38. Соңынан арбаны тоқтатыўды буйырды. Филип пенен екеўи суўға түсти ҳәм ол Филиптиң қолынан суўға шомылдырылды.
39. Олар суўдан шыққанда, Ийемиздиң Руўхы Филипти бирден алып кетип, ўәзир оны қайтып кѳрмеди. Солай болса да, ол қуўанышлы түрде жолын даўам етти.
40. Ал Филип Азот қаласында пайда болды. Ол Кесарияға барғанша барлық қалаларды аралап, Хош Хабарды жәриялап жүрди.
1. Ал Саул Ийемиздиң шәкиртлерине еле ѳлим қәўпин туўдырып жүрди. Ол бас руўханийге барды да,
2. Дамасктағы мәжилисханаларға хатлар жазып бериўин сорады. Сол жерде Ийсаның жолы менен жүрген еркек болсын, ҳаял болсын, тапса оларды услап, Ерусалимге алып келиў нийетинде еди.
3. Ол жол жүрип Дамаскқа жақынлағанда, тосаттан аспаннан түскен бир нур оның әтирапын жарқыратып жиберди.
4. Саул жерге жығылып: – Саул, Саул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? – деген даўысты еситти.
5. Саул: – Сен кимсең, Ийем? – деп сорады. – Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман.
6. Ал енди орныңнан турып, қалаға бар. Нени ислеў тийис екенлигиң саған айтылады, – деген даўыс еситилди.
7. Саул менен киятырғанлардың тиллери тутылып, тоқтап қалды. Себеби олар даўысты еситсе де, ҳеш кимди кѳрмеген еди.
8. Саул жерден турды. Бирақ кѳзлерин ашқанда, ҳеш нәрсе кѳре алмады. Сонлықтан олар оның қолынан услап, Дамаскқа жетеклеп апарды.
9. Оның кѳзлери үш күн бойы кѳрмей қалып, ҳеш нәрсе ишип жемеди.
10. Дамаскта Ханания атлы Ийсаның шәкирти бар еди. Ийемиз оған кѳринип: – Ханания, – деди. – Усы жердемен, Ийем, – деп жуўап берди ол.
11. Ийемиз оған: – Орныңнан тур да, «Туўры кѳше» деген кѳшеге барып, Яҳуданың үйиндеги Саул атлы бир тарсуслы адамды сора. Ол ҳәзир дуўа етип атыр.
12. Ол ѳзине кѳрсетилген аянда жанына Ханания атлы бир адамның келип, кѳзлериниң қайтадан кѳриўи ушын үстине қолларын қойып дуўа еткенин кѳрген еди, – деди.
13. Ханания жуўап берип: – Ийем! Бул адамның Сениң Ерусалимдеги мухаддеслериңе қанша жаманлық ислегенин мен кѳп адамлардан еситкен едим.
14. Бул жерге де ол Сениң атыңа сыйынатуғынлардың ҳәммесин тутқынға алыў ушын, бас руўханийлерден бийлик алып келген, – деди.
15. Ийемиз оған: – Бар! Ѳйткени Мен бул адамды атымды басқа миллетлерге, патшаларға ҳәм Израил улларына жеткизиў ушын таңладым.
16. Мениң атым ушын қаншама азап шегетуғынын Ѳзим оған кѳрсетемен, – деди.
17. Солай етип, Ханания барды да, сол үйге кирди ҳәм қолларын Саулдың үстине қойып: – Туўысқаным, Саул! Саған киятырған жолыңда кѳринген Ийемиз Ийса кѳзлериңниң ашылып, Мухаддес Руўхқа толыўың ушын мени жиберди, – деди.
18. Сол ўақытта-ақ кѳзлеринен перде түскендей болып, Саул және кѳре баслады. Ол орнынан турып, суўға шомылдырылды ҳәм
19. аўқат жеп, күшке енди. Саул бир неше күн Дамасктағы шәкиртлердиң жанында қалды.
20. Ол дәрҳал Ийсаның Ќудайдың Улы екенлигин мәжилисханаларда жәриялай баслады.
21. Оны еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысып: «Мынаў Ерусалимде усы Ийсаның атына сыйынатуғынларды қырған адам емес пе? Ол бул жерге де сондай адамларды тутқын етип, бас руўханийлерге апарыў ушын келген жоқ па еди?» – дести.
22. Бирақ Саул күннен-күнге руўхый күшке толысып барды. Ийсаның Масих екенлиги ҳаққында дәлиллер келтирип, Дамаскта жасайтуғын яҳудийлерди таң қалдыратуғын еди.
23. Арадан кѳп күнлер ѳткенде, яҳудийлер Саулды ѳлтириўге тил бириктирди.
24. Бирақ, олардың бул нийети Саулға белгили болып қалды. Яҳудийлер оны ѳлтириў ушын күни-түни қаланың дәрўазасын аңлыды.
25. Деген менен, Саулдың шәкиртлери бир күни түнде оны себетке салды да, қаланың дийўалынан түсирип жиберди.
26. Саул Ерусалимге келип, сол жердеги шәкиртлерге қосылыўға тырысты. Бирақ оның Ийсаның шәкирти болғанына исенбей, олардың ҳәммеси оннан қорқатуғын еди.
27. Сонда Барнаба оны елшилерге ертип келди. Ол Саулдың жолда Ийемизди қалай кѳргенин, Ийемиздиң оның менен сѳйлескенин ҳәм оның Дамаскта қалай Ийсаның аты менен батыл түрде ўаз айтқанын оларға айтып берди.
28. Солай етип, Саул Ерусалимде олар менен бирге араласып, Ийемиздиң аты менен қорқпастан ўаз айтып жүрди.
29. Ол грекше сѳйлейтуғын яҳудийлер менен сѳйлесип, тартысатуғын еди. Ал олар Саулды ѳлтириўге ҳәрекет етти.
30. Туўысқанлар буны билгенде оны Кесарияға апарып, сол жерден Тарсусқа жиберди.
31. Солай етип, пүткил Яҳудия, Галила ҳәм Самария бойлап исениўшилер тынышлыққа еристи. Ийемизден қорқып жасаған жәмәәт беккемленип, Мухаддес Руўхтың қоллап-қуўатлаўы менен саны ѳсе берди.
32. Сонда Петр ел аралап жүрип, Лиддада жасайтуғын исениўшилерди кѳриўге келди.
33. Ол сол жерде ләң болып сегиз жылдан бери тѳсек тартып жатырған Еней атлы бир адамды кѳрди.
34. Петр оған: – Еней, Ийса Масих саған шыпа береди. Орныңнан турып, тѳсегиңди жыйна, – деди. Еней сол ўақытта-ақ орнынан турды.
35. Лидда ҳәм Шаронда жасайтуғынлардың дерлик ҳәммеси буны кѳрип, Ийемиздиң жолына түсти.
36. Яффада Ийсаның шәкирти болған Тавита атлы бир ҳаял бар еди. Тавита – грекше «Доркас», яғный «кийик» дегенди аңлатады. Ол ҳәмме ўақыт жақсылық ислеп, жарлыларға қайыр-садақа беретуғын еди.
37. Сол күнлери Тавита аўырып, қайтыс болды. Адамлар оның денесин жуўып, жоқарыдағы бѳлмеге қойды.
38. Лидда Яффаға жақын болғанлықтан, Петрдиң сол жерде екенин еситкен шәкиртлер оған еки адамды жиберип: «Тезирек бизлерге кел», – деп ѳтиниш етти.
39. Петр орнынан турып, олар менен бирге кетти. Үйге келгенде, оны жоқарыдағы бѳлмеге алып барды. Барлық жесир ҳаяллар Петрдиң әтирапына жыйналды. Олар жылап турып, Доркастың ѳзлери менен бирге жасаған ўақтында тиккен ишки кийимлери менен кѳйлеклерин оған кѳрсетти.
40. Петр ҳәммени сыртқа шығарып жиберди де, дизе бүгип, дуўа етти. Соңынан ѳлиге бурылып: – Тавита, орныңнан тур! – деди. Ҳаял кѳзлерин ашты да, Петрди кѳрип, тикейип отырды.
41. Петр қолын берип, оны орнынан турғызды. Соңынан исениўшилер менен жесир ҳаялларды шақырды да, тирилген Тавитаны оларға кѳрсетти.
42. Бул ўақыя туўралы хабар пүткил Яффаға мәлим болып, кѳп адамлар Ийемизге исенди.
43. Петр кѳп күн Яффада, Симон атлы тери ийлеўшиниң үйинде қалды.
1. Кесарияда «Италиян» деген әскерий бѳлимниң жүзбасысы болған Корнелий атлы бир адам бар еди.
2. Ол пүткил шаңарағы менен Ќудайдан қорқатуғын, диншил адам еди. Халыққа кѳп жәрдем берип, Ќудайға бәрқулла дуўа ететуғын еди.
3. Бир күни түстен кейин саат үшлер шамасында Ќудайдың бир периштесиниң оған келип: «Корнелий!» деп айтқанын ол бир аянда анық кѳрди.
4. Корнелийди қорқыныш бийлеп, ол кѳзлерин периштеге тикти де: – Неўе, Ийем? – деди. Периште оған жуўап берип: – Еткен дуўаларың менен берген қайыр-садақаларың Ќудайға жетип барды. Ќудай оларды есте сақлады.
5. Енди Яффаға адамларды жиберип, Петр деп аталатуғын Симон деген бир адамды шақырт.
6. Ол үйи теңиз жағасында жайласқан Симон атлы бир тери ийлеўшиниң үйинде қонақта, – деди.
7. Ѳзи менен сѳйлескен периште кеткенде, Корнелий хызметшилеринен екеўин ҳәм ѳз жәрдемшилериниң ишинен бир диншил әскерди шақырды.
8. Оларға ҳәммесин түсиндирип, Яффаға жиберди.
9. Ертеңине саат он екилер шамасында олар жол жүрип қалаға жақынласқанда, Петр дуўа етиў ушын тамның тѳбесине шықты.
10. Ол аш болып, аўқат жегиси келди. Аўқат таярланып атырғанда, айрықша жағдайға түсти.
11. Сонда ол аспанның ашылғанын ҳәм дастурхан сыяқлы бир нәрсениң тѳрт мүйеши асылған ҳалында жерге түсип киятырғанын кѳрди.
12. Оның ишинде ҳәр түрли тѳрт аяқлы жаныўарлар, жер баўырлаўшылар ҳәм аспан қуслары бар еди.
13. Бир даўыс оған: – Петр, тур. Сойып же, – деди.
14. – Яқ, Ийем. Мен ҳеш қашан ҳарам ямаса патас зат жеген емеспен, – деди Петр.
15. Даўыс және екинши рет еситилип, Петрге: – Ќудайдың ҳадаллағанын сен ҳарам деме! – деди.
16. Бул үш мәрте тәкирарланып, дастурхан дәрҳал аспанға кѳтерилип кетти.
17. Кѳрген аянының нени аңлататуғынын ойлап, Петр ҳайран болып турғанда, Корнелий жиберген адамлар Симонның үйин сорап, қапының алдында тоқтап қалды.
18. Олар даўыслап: – Петр деп аталатуғын Симон усы жерде турып атыр ма? – деп сорады.
19. Петр еле аян ҳаққында ойланып турғанда, Мухаддес Руўх оған: – Єне, үш адам сени излеп жүр.
20. Ќәне, орныңнан турып, тѳменге түс. Ҳеш екиленбестен, олар менен бирге кет. Себеби оларды Мен жибердим, – деди.
21. Петр тѳменге түсип, адамларға: – Сизлер излеп жүрген адам мен боламан. Ќандай жумыс пенен келдиңлер? – деди.
22. Олар Петрге: – Корнелий деген ҳақ ҳәм Ќудайдан қорқатуғын, пүткил яҳудийлер ҳүрмет ететуғын бир жүзбасы бар. Оған бир мухаддес периште сени үйине шақыртып, сѳзлериңди тыңлаўды буйырыпты, – деди.
23. Сонда Петр оларды ишке мирәт етип, мийман қылды. Ертеңине Петр турып, олар менен бирге жолға шықты. Яффадағы туўысқанлардың айырымлары да оның менен бирге кетти.
24. Олар келеси күни Кесарияға келди. Корнелий ағайин-туўғанларын ҳәм жақын досларын жыйнап, оларды күтип отырған еди.
25. Петр үйге киргенде, Корнелий оны қарсы алды да, аяқларына жығылып, оған табынды.
26. Бирақ Петр оны турғызып: – Тур, мен де адамман-ғо, – деди.
27. Петр Корнелий менен сѳйлесип ишке киргенде, кѳп адамлардың жыйналып отырғанын кѳрип,
28. оларға былай деди: – Яҳудий адамның басқа миллет адамы менен қарым-қатнаста болып, оған барыўы қадаған екенин билесизлер. Бирақ Ќудай маған ҳеш адамды ҳарам ҳәм иплас демеў кереклигин кѳрсеткен еди.
29. Сонлықтан шақырылғанымда бас тартпай усы жерге келдим. Енди мени не себептен шақырғаныңызды сораўыма бола ма?
30. Корнелий былай деди: – Тѳрт күн алдын усындай ўақытта, түстен кейин саат үште үйде дуўа етип отыр едим. Тосаттан жарқыраған кийимли бир адам алдымда пайда болып,
31. маған: «Корнелий! Ќудай сениң дуўаңды еситип, берген қайыр-садақаларыңды есте сақлады.
32. Яффаға адам жиберип, Петр деп аталатуғын Симонды шақырт. Ол теңиз жағасында жасайтуғын тери ийлеўши Симонның үйинде турып атыр», – деди.
33. Сонлықтан мен сизге дәрриў адам жолладым. Сиз де келип, жақсы қылдыңыз. Енди бизлер ҳәммемиз Ийемиздиң сизге буйырған ҳәр бир нәрсесин тыңлаў ушын Ќудай алдында отырмыз.
34. -
35. Сонда Петр былай деп сѳзин баслады: – Ќудайдың адамларды айырмайтуғынын, бирақ Ѳзинен қорққан ҳәм ҳақ ис ислеўши адамды миллетине қарамай қабыл ететуғынын ҳақыйқаттан түсинип турман.
36. Ќудай Израил халқына Ийса Масих арқалы тынышлық Хош Хабарын жәриялағанын билесизлер. Ийса Масих – ҳәр бир адамның Ийеси.
37. Яқыя суўға шомылдырылыўды жәриялағаннан соң, Галиладан баслап пүткил Яҳудияда болған мына ўақыялардан да хабарыңыз бар:
38. Ќудай Насыралы Ийсаға Мухаддес Руўх ҳәм қүдирет берип, хызметке тайынлады. Ийса ҳәмме жерди айланып жақсылық иследи, шайтанның қол астында болғанлардың ҳәммесине шыпа берди. Ѳйткени Ќудай Оның менен бирге еди.
39. Ийсаның яҳудийлердиң үлкесинде ҳәм Ерусалимде ислеген ислериниң ҳәммесине бизлер гүўамыз. Адамлар Оны атанақ ағашқа шегелеп ѳлтирген еди.
40. Бирақ Ќудай Ийсаны үшинши күни ѳлимнен тирилтти ҳәм Оның адамларға кѳриниўине жол қойды.
41. Ол адамлардың ҳәммесине емес, ал Ќудайдың алдын ала таңлаған гүўаларына, яғный бизлерге, ѳлимнен қайта тирилгеннен кейин Ѳзи менен бирге ишип-жегенлерге кѳринди.
42. Ол Ѳзиниң Ќудай тәрепинен тирилерди ҳәм ѳлилерди ҳүким етиўши болып тайынланғанын халыққа жәриялаўымызды ҳәм бул ҳаққында гүўалық бериўимизди буйырды.
43. Пайғамбарлардың ҳәммеси Ийса ҳаққында гүўалық берип, Оған исенген ҳәр бир адамның гүналары Оның аты менен кеширилетуғынын айтқан еди.
44. Петр еле усы сѳзлерди сѳйлеп турғанда, Ќудайдың сѳзлерин еситкен ҳәр бир адамның үстине Мухаддес Руўх түсти.
45. Петр менен бирге келген исениўши яҳудийлер Мухаддес Руўхтың сыйы басқа миллет адамларының үстилерине де жаўғанына таң қалысты.
46. Себеби олардың басқа тиллерде сѳйлеп, Ќудайды алғыслап турғанын еситти. Сонда Петр:
47. – Булар да анық бизлер сыяқлы Мухаддес Руўхты алды. Олардың суўға шомылдырылыўына ким қадаған ете алады? – деди.
48. Солай етип, Петр олардың Ийса Масихтың аты менен суўға шомылдырылыўын буйырды. Соңынан олар Петрден бир неше күн қалыўын ѳтиниш етти.
1. Елшилер менен Яҳудиядағы туўысқанлар басқа миллетлердиң де Ќудайдың сѳзин қабыл еткенин еситти.
2. Сонлықтан Петр Ерусалимге келгенде, сүннетли исениўшилер оны айыплап:
3. – Сен сүннетсиз адамлардың үйине барып, олар менен бирге ас ишипсең! – деди.
4. Сонда Петр сѳз баслап, болған ўақыяны избе-излик пенен айтып берди:
5. – Мен Яффа қаласында дуўа етип отырған едим. Айрықша жағдайға түсип, бир аян кѳрдим: дастурханға уқсаған бир нәрсе тѳрт мүйеши асылған ҳалында аспаннан түсип, мениң жаныма дейин келди.
6. Кѳзлеримди тигип, дастурханға дыққат пенен қарадым. Дастурханның ишинде жер жүзинде жасаўшы тѳрт аяқлы жаныўарларды, жабайы ҳайўанларды, жер баўырлаўшыларды ҳәм аспан қусларын кѳрдим.
7. Сонда маған бир даўыстың: «Петр, тур. Сойып же», – дегенин еситтим.
8. «Яқ, Ийем! Аўзыма ҳеш қашан ҳарам ямаса патас нәрсе алғаным жоқ», – дедим.
9. Даўыс аспаннан екинши мәрте еситилип: «Ќудайдың ҳадаллағанын сен ҳарам деме!» – деди.
10. Бул үш мәрте тәкирарланды. Соңынан ҳәммеси және аспанға алынды.
11. Тап сол ўақытта Кесариядан маған жиберилген үш адам мен болып атырған үйдиң алдында турған еди.
12. Мухаддес Руўх маған ҳеш екиленбей олар менен кетиўди айтты. Бул алты туўысқанымыз да мениң менен бирге шығып, сол адамның үйине бардық.
13. Ол бизлерге қалайынша бир периштени кѳргенин айтып берди. Периште оның үйинде пайда болып, ѳзине: «Яффаға адам жоллап, Петр деп аталатуғын Симонды шақырт.
14. Ол саған сени ҳәм пүткил хожалығыңды қутқаратуғын сѳзлерди айтады», – депти.
15. Мен сѳйлей баслағаннан-ақ, ең баста бизлердиң үстимизге түскендей, олардың үстилерине де Мухаддес Руўх түсти.
16. Сонда Ийемиздиң мына сѳзлери ядыма түсти: «Яқыя суў менен шомылдырды, ал сизлер Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар».
17. Солай етип, Ќудай Ийемиз Ийса Масихқа исенетуғын бизлерге берген сыйын оларға да берсе, Ќудайға қарсы шығатуғындай мен ким болыппан?
18. Бул сѳзлерди еситип, олар тынышланды. Ќудайды алғыслап былай деди: – Демек, Ќудай басқа миллетлерге де тәўбе етип, мәңгилик ѳмирге ийе болыў мүмкиншилигин берипти.
19. Степан ѳлтирилген күннен басланған қуўдалаў себепли тарқалған исениўшилер Феникия, Кипр ҳәм Антиохияға шекем барды. Олар Ќудайдың сѳзин тек яҳудийлерге жәриялайтуғын еди.
20. Бирақ, олардың арасынан кипрлы ҳәм киренели айырым адамлар Антиохияға барып, греклерге де Ийемиз Ийса туўралы Хош Хабарды жәриялап жүрди.
21. Ийемиздиң қүдирети олар менен бирге болғанлықтан, кѳп адамлар исенип, Ийемиздиң жолына түсти.
22. Бул ҳаққында хабар Ерусалимдеги исениўшилердиң жәмәәтине жетип барғанда, олар Барнабаны Антиохияға жиберди.
23. Барнаба сол жерге келгенде, Ќудайдың мийримин кѳрип қуўанды. Олардың ҳәммесине Ийемизге шын кеўилден садық болыңлар, деп ақыл-нәсият берди.
24. Ѳйткени ол Мухаддес Руўхқа толған, исеними күшли, жақсы адам еди. Солай етип, кѳп адамлар Ийемизге алып келинди.
25. Сонда Барнаба Саулды излеў ушын Тарсусқа кетти.
26. Оны таўып, Антиохияға әкелди. Солай етип, Барнаба менен Саул толық бир жыл сол жердеги исениўшилер жәмәәти менен бирге жыйналып, кѳп адамларға тәлим берди. Усы Антиохия қаласындағы шәкиртлер биринши мәрте масихыйлар деп аталды.
27. Сол күнлери Ерусалимнен Антиохияға бир неше пайғамбарлар келди.
28. Олардан Агабус атлы биреўи орнынан турып, пүткил жер жүзинде ашлық болатуғынын Мухаддес Руўхтан илҳамланып, болжап айтты. Бул ашлық Клавдий патшаның заманында болды.
29. Сонда шәкиртлер Яҳудияда жасайтуғын туўысқанларға қолларынан келгенинше ақшалай жәрдем бериўге қарар етти.
30. Олар жыйналған ақшаларды исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларына Барнаба ҳәм Саул арқалы жиберип, усы қарарды орынлады.
1. Сол ўақытта патша Ҳирод исениўшилер жәмәәтиниң гейбир адамларын қуўдалаў ушын тутқынға алды.
2. Ол Юханның туўысқаны Яқыпты қылыш пенен ѳлтиртти.
3. Буның яҳудий басшыларына жаққанын кѳрип, изинен Петрди де услатпақшы болды. Ашытқысыз нан байрамы күнлери еди.
4. Ҳирод Петрди услатып, қамаққа салдырды. Оны қараўыллаўды ҳәр бири тѳрт әскерден ибарат болған тѳрт әскерий топарға тапсырды. Себеби Ќутқарылыў байрамынан соң, оны халықтың алдына шығарыў нийетинде еди.
5. Солай етип, Петр қамаққа алынды. Бирақ исениўшилер жәмәәти ол ушын Ќудайға бар жигери менен дуўа етти.
6. Ҳиродтың Петрди халықтың алдына шығармақшы болған күнинен алдыңғы күни түнде, ол еки әскердиң ортасында қос шынжыр менен байлаўлы ҳалында уйықлап атыр еди. Ќапының аўзында турған қараўыллар да қамақты қараўыллап тур еди.
7. Тосаттан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, қамақтың иши жарқырап кетти. Периште Петрдиң бүйиринен түртип, оны оятты да: – Тез орныңнан тур, – дегенде, Петрдиң қолларындағы шынжырлар шешилип, түсип кетти.
8. Периште оған: – Белиңди буўып, аяқ кийимиңди кий, – деди. Петр усылай иследи. Периште оған: – Шапаныңды кийип, мениң изиме ер, – деди.
9. Петр қамақхана бѳлмесинен шығып, оның изине ерди. Бирақ, периштениң қылып атырған ислериниң оңында болып атырғанын билмей, аян кѳрип турман, деп ойлады.
10. Олар биринши ҳәм екинши қараўыллардан ѳтип, қалаға шығатуғын темир дәрўазаға келди. Дәрўаза оларға ѳз-ѳзинен ашылды. Олар сыртқа шығып бир кѳше ѳткенде, периште бирден Петрдиң жанынан ғайып болды.
11. Сонда ѳзине келген Петр: «Ийемиздиң Ѳз периштесин жиберип, мени Ҳиродтың қолынан ҳәм яҳудий халқының мениң басыма түседи, деп күткен барлық бәлелерден қутқарғанын енди ҳақыйқаттан түсинип турман», – деди.
12. Петр буны түсингеннен соң, Марк деп аталатуғын Юханның анасы Мәриямның үйине кетти. Ол жерде кѳп адамлар жыйналып, дуўа етип отырған еди.
13. Петр сыртқы қапыны қаққанда, Рода атлы бир хызметши қыз ким екенин билиў ушын қапыға келди.
14. Ол Петрдиң даўысын танып, қатты қуўанғанынан қапыны ашпай, қайтадан ишке жуўырып: «Петр қапының алдында тур», – деп хабар берди.
15. «Есиң дурыс па?» – дести оған. Ал қыз сѳзинде турып алғанлықтан, олар: «Бул оның периштеси», – деди.
16. Бирақ Петр қапыны қағыўды даўам етти. Олар қапыны ашып, оны кѳргенде ҳайран қалысты.
17. Петр оларға үндемеўлерин қолы менен ымлап кѳрсетти де, Ийемиздиң оны қамақтан қалай шығарғанын айтып берди. Соңынан: «Бул хабарларды Яқыпқа ҳәм басқа туўысқанларымызға жеткизиңлер», – деп, сол жерден шығып, басқа жаққа кетти.
18. Таң атқанда, Петрге не болғанын түсинбей, әскерлер қатты албырасты.
19. Ҳирод Петрди излетти. Таба алмағаннан соң, қараўылларды сораўға тутып, оларды ѳлтириўди буйырды. Буннан соң, Ҳирод Яҳудиядан Кесарияға кетип, бир қанша ўақыт сол жерде қалды.
20. Ол Тир ҳәм Сидон турғынларына қәҳәрли еди. Сонда олар ѳз ара келисип, Ҳиродқа келди. Патшаның исенимли хызметшиси Бластусты ѳз тәреплерине аўдарып, жарастырыўды сорады. Ѳйткени олардың үлкесиниң азық-аўқаты патшаның үлкесинен ғәрезли еди.
21. Белгиленген күнде патшалық липасларын кийген Ҳирод тахтына отырды да, халыққа сѳз сѳйледи.
22. Сонда халық: «Бул адамның даўысы емес, қудайдың даўысы», – деп бақырысты.
23. Сол ўақытта-ақ Ийемиздиң бир периштеси Ҳиродты урып жиберди. Себеби ол Ќудайға бериў керек болған даңқты ѳзи алған еди. Сонда оның денесин қуртлар кемирип, ол жан тапсырды.
24. Ал Ќудайдың сѳзи жайылып, исениўшилердиң саны арта берди.
25. Тапсырманы орынлаған Барнаба менен Саул Марк деп аталатуғын Юханды ѳзлери менен бирге алып, Ерусалимнен қайтып келди.
1. Антиохиядағы исениўшилер жәмәәтинде пайғамбарлар ҳәм муғаллимлер бар еди. Олар: Барнаба, Негр деп аталатуғын Симон, киренели Лукий, үлке патшасы Ҳирод пенен бирге тәрбияланған Манаим ҳәм Саул.
2. Олар Ийемизге сыйынып, ораза тутып отырғанда, Мухаддес Руўх былай деди: «Мен шақырған ис ушын, Маған Барнаба менен Саулды ажыратып бериңлер».
3. Солай етип, олар ораза тутып, дуўа еткеннен соң, Барнаба менен Саулдың үстине қолларын қойды ҳәм оларды жолға шығарып салды.
4. Мухаддес Руўх тәрепинен жиберилген Барнаба менен Саул Селевкияға барып, сол жерден кеме менен Кипрға жүзип ѳтти.
5. Олар атаўдағы Саламис деген қалаға келип, яҳудийлердиң мәжилисханаларында Ќудайдың сѳзин жәриялады. Марк деп аталатуғын Юхан да олар менен бирге болып, оларға хызмет етип жүрди.
6. Олар пүткил атаўды бастан-аяқ басып ѳтип, Папосқа келди. Сол жерде Барешу атлы сыйқыршы ҳәм жалған пайғамбар болған бир яҳудийди ушыратты.
7. Ол ҳәким Сергий Павелдиң кеңесгѳйи болып, оның менен бирге жүретуғын еди. Ҳәким ақыллы адам болғанлықтан, Барнаба менен Саулды шақыртып, Ќудайдың сѳзин тыңламақшы болды.
8. Бирақ, грек тилинде аты Елимас болған жаңағы сыйқыршы оларға қарсылық кѳрсетип, ҳәкимниң исениўине тосқынлық етиўге тырысты.
9. Сонда Мухаддес Руўхқа толған Саул, яғный Павел кѳзлерин Елимасқа тигип:
10. – Ҳәй, кеўли ҳәр қыйлы ҳийле менен жалғанға толы шайтанның баласы! Сен ҳәр қандай ҳақыйқатлықтың душпанысаң! Ийемиздиң туўры жолларын бурмалаўды қоясаң ба, жоқ па?
11. Мине, енди Ийемиз саған қарсы қолын кѳтерди. Сен соқыр болып қалып, бир қанша ўақыт қуяш жақтысын кѳре алмайтуғын боласаң, – деди. Сол ўақытта-ақ оның кѳзлерин қараңғы түнек қаплады ҳәм ол қолынан услап ѳзин жетелейтуғын адамды излеп, әтирапын сыйпалай баслады.
12. Ҳәким болған ўақыяны кѳрип, исенди. Ѳйткени Ийемиз туўралы тәлийматқа ҳайран қалған еди.
13. Павел менен оның жолдаслары Папостан кемеге минип, Памфилияның Пергия қаласына келди. Ал Юхан оларды қалдырып, Ерусалимге қайтып кетти.
14. Олар Пергиядан жолын даўам етип, Писидияның Антиохия қаласына барды. Дем алыс күни мәжилисханаға кирип отырды.
15. Мухаддес Нызам ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларынан оқылғаннан соң, мәжилисхананың басшылары оларға: «Туўысқанлар, халыққа айтатуғын нәсият сѳзлериңиз болса, мәрҳәмат, айтыңлар», – деп хабар жиберди.
16. Павел орнынан турды да, қолы менен ишарат етип былай деди: – Ҳәй, израиллылар ҳәм Ќудайға сыйынатуғын басқа миллет адамлары, тыңлаңлар!
17. Бул Израил халқының Ќудайы бизиң ата-бабаларымызды таңлап, олар Мысыр елинде жат болып жасағанда, оларды үлкен халық қылды. Соңынан Ѳзиниң қүдиретли қолы менен оларды сол жерден алып шықты.
18. Шѳлде шама менен қырық жыл олардың қыңырлығына шыдады.
19. Канан жеринде жети миллетти жоқ қылып, олардың жерин Ѳз халқына мийрас етип берди.
20. Булардың ҳәммеси тѳрт жүз елиў жылдай даўам етти. Соңынан Ќудай Самуел пайғамбардың заманына дейин оларға бийлерди берди.
21. Буннан кейин халық патша сорағанда, Ќудай оларға Бенамин урыўынан болған Кистиң улы Саулды берди. Саул қырық жыл патшалық етти.
22. Ќудай оны тахттан түсиргеннен соң, олардың үстилеринен Даўытты патша етип қойды. Ќудай ол туўралы мынадай гүўалық берди: «Мен кеўлимдегидей бир адамды, Ишай улы Даўытты таптым. Ол Мениң ҳәр бир тилегимди орынлайды».
23. Ќудай Ѳз ўәдеси бойынша оның урпағынан Израилдың Ќутқарыўшысы Ийсаны шығарды.
24. Ийса келместен бурын Яқыя пүткил Израил халқына тәўбе етип суўға шомылдырылыўды жәриялады.
25. Яқыя хызметин тамамлаўға шамаласқанда былай деген еди: «Мени ким деп ойлайсызлар? Мен Масих емеспен. Бирақ Ол меннен кейин келеди. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен».
26. Туўысқанларым, Ибрайымның урпақлары ҳәм Ќудайға сыйынатуғын басқа миллет адамлары! Бул қутқарылыў сѳзлери бизлерге жиберилген.
27. Ерусалимде жасайтуғынлар ҳәм олардың басшылары Ийсаның ким екенин билмеди ҳәм ҳәр дем алыс күни оқылатуғын пайғамбарлардың Ол туўралы жазған сѳзлерин түсинбеди. Сонлықтан олар Ийсаны ҳүким етип, пайғамбарлардың сѳзлерин әмелге асырды.
28. Оннан ѳлим жазасына ылайықлы ҳеш қандай айып таба алмаса да, Пилаттан Оны ѳлтириўди сорады.
29. Ол ҳаққында жазылғанлардың ҳәммесин орынлағаннан соң, олар Оны атанақ ағаштан түсирип, қәбирге қойды.
30. Бирақ, Ќудай Оны ѳлимнен тирилтти.
31. Ийса Ѳзи менен Галиладан Ерусалимге келгенлерге кѳп күнлер даўамында кѳринип жүрди. Енди бул адамлар халық алдында Оның гүўалары болды.
32. Бизлер де сизлерге Ќудайдың ата-бабаларымызға ўәде еткен Хош Хабарын жәриялап атырмыз.
33. Ол Ийсаны тирилтиўи арқалы олардың урпақлары болған бизлер ушын сол ўәдени әмелге асырды. Забурдың екинши жырында былай деп жазылған: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Єке болдым».
34. Ийсаны ҳеш қашан ширитпей, ѳлимнен қайта тирилтетуғыны ҳаққында Ќудай былай деген: «Мен сизлерге Даўытқа ўәде еткен мухаддес ҳәм ҳақыйқый жарылқаўымды беремен».
35. Сонлықтан басқа бир жерде былай делинген: «Ѳз Мухаддесиңниң шириўине жол қоймайсаң».
36. Даўыт ѳз заманында Ќудайдың ерки бойынша хызмет еткеннен соң кѳз жумып, ѳз ата-бабаларының қасына қойылды ҳәм денеси ширип кетти.
37. Бирақ, Ќудай тирилткен Адамның денеси ширимеди.
38. Солай етип, туўысқанларым, мынаны билип алыңлар: гүналарыңыздың усы Ийса арқалы кеширилетуғыны сизлерге жәрияланып атыр.
39. Муўсаның Нызамы менен сизлер ҳеш бир гүнадан ақлана алмас едиңиз. Бирақ Ийсаға исенген ҳәр бир адам Ол арқалы ақланады.
40. Енди абайлы болыңлар! Пайғамбарлардың айтқан мына сѳзлери басыңызға түспесин:
41. «Ќараңлар, ҳәй, мазақ етиўшилер, Таң қалысып, набыт болыңлар! Себеби Мен сизлер жасаған күнлерде бир ис ислеймен, Оны биреў сизлерге айтып берсе де, исенбес едиңлер».
42. Павел менен Барнаба мәжилисханадан шығып баратырғанда, адамлар олардан келеси дем алыс күни де усылар ҳаққында айтыўын ѳтиниш етти.
43. Мәжилисханадағы халық тарқағанда, яҳудийлер ҳәм яҳудий динине ѳткен Ќудайға сыйынатуғынлардың кѳбиси Павел менен Барнабаға ерип жүрди. Павел менен Барнаба олар менен сѳйлесип, Ќудайдың мийримине сүйенип жасаўды үгит-нәсият етти.
44. Келеси дем алыс күни қала халқының дерлик ҳәммеси Ќудайдың сѳзин тыңлаў ушын жыйналды.
45. Бирақ яҳудийлер сонша халықты кѳрип, қызғанышқа толды. Павелдиң сѳзлерине қарсы шығып, оны мазақ етти.
46. Сонда Павел менен Барнаба батырлық пенен жуўап қайтарып былай деди: – Ќудайдың сѳзин дәслеп сизлерге жәриялаўымыз керек еди. Сизлер оны қабыл алмағанлықтан ҳәм ѳзлериңизди мәңгилик ѳмирге ылайықлы кѳрмегенликтен, бизлер енди басқа миллетлерге кетемиз.
47. Ѳйткени Ийемиз бизлерге былай деп буйырған еди: «Дүньяның ҳәмме жерине қутқарылыў әкелиўиң ушын, Сени басқа миллетлер ушын нур етип қойдым».
48. Басқа миллет адамлары буны еситкенде қуўанып кетип, Ийемиздиң сѳзин алғыслады. Мәңгилик ѳмир ушын таңланғанлардың ҳәммеси исенди.
49. Солай етип, Ийемиздиң сѳзи пүткил үлке бойлап жайылды.
50. Бирақ яҳудийлер Ќудайға сыйынатуғын ҳүрметли ҳаялларды ҳәм қала басшыларын үгитлеп, Павел менен Барнабаға қарсы қойды ҳәм оларды қуўдалатып, үлкеден қуўдырып жиберди.
51. Сонда Павел менен Барнаба оларға қарсы ескертиў ретинде аяқларының шаңын қағып, Иконияға кетти.
52. Ал шәкиртлер қуўанышқа ҳәм Мухаддес Руўхқа толып-таса берди.
1. Иконияда Павел менен Барнаба әдеттегидей яҳудийлердиң мәжилисханасына барып, сондай тәсирли ўаз айтқанлықтан, яҳудийлерден де, греклерден де кѳп адам исенди.
2. Бирақ, исенбейтуғын яҳудийлер басқа миллет адамларын туўысқанларға қарсы ѳшегистирип, олардың ақыл-ойын уўлады.
3. Сонлықтан ол жерде узақ ўақыт қалған Павел менен Барнаба Ийемизге сүйенип, Ќудайдың сѳзин батырлық пенен айтып жүрди. Ийемиз олар арқалы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық нәрселерди кѳрсетип, Ѳз мийрими ҳаққында сѳзлерди тастыйықлады.
4. Ќала халқы екиге бѳлинип, гейбиреўлери яҳудийлердиң, гейбиреўлери елшилердиң тәрепине ѳтти.
5. Яҳудийлер менен басқа миллет адамлары ѳз басшылары менен бирликте елшилерге жәбир берип, оларды тас пенен урмақшы болды.
6. Бирақ буны билип қойған Павел менен Барнаба Ликаонияның Листра, Дербе қалаларына ҳәм сол әтирапларға қашып барып,
7. сол жерлерде де Хош Хабарды жәриялаўды даўам етти.
8. Листрада еки аяғы ләң бир адам бар еди. Ол иштен ләң болып туўылып, ҳеш қашан жүрмеген еди.
9. Бул адам Павелдиң сѳзлерин тыңлап отырғанда, Павел оған тигилип қарап, шыпа табатуғынына исеними бар екенин кѳрди де,
10. қатты даўыслап: – Аяқларыңда тик тур, – деди. Сол адам орнынан ушып турды да, жүре баслады.
11. Халық Павелдиң ислеген исин кѳргенде, ликаония тилинде: – Ќудайлар адам пишинине енип, бизлерге келипти, – деп бақырысты.
12. Олар Барнабаны Зевс, Павелди сѳз сѳйлегени ушын Гермес деп атады.
13. Ќаланың сыртында жайласқан Зевс ибадатханасының руўханийи қала дәрўазасына ѳгизлерди ҳәм гүл шеңберлерин алып келди де, халық пенен бирликте елшилерге қурбанлық бермекши болды.
14. Бирақ елшилер – Барнаба менен Павел буны еситкенде кийимлерин жыртып, кѳпшиликтиң арасына ѳзлерин урды да, былай деп бақырды:
15. – Адамлар! Неге бундай ислеп атырсызлар? Бизлер де сизлер сыяқлы адамлармыз-ғо! Сизлердиң бул мәниссиз нәрселерди таслап, аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан тири Ќудайға қайтыўыңыз ушын Хош Хабарды жәриялап атырмыз.
16. Ќудай ѳткен әўладлардың ўақтында барлық миллетлерди ѳз ѳмир жоллары менен жүриўге қалдырды.
17. Соған қарамастан, Ѳзи ҳаққында гүўалық бериўди тоқтатпай, сизлерге жақсылық ислеп келмекте: Ол аспаннан жаўын жаўдырып, жемислерге бай мәўсимлерди береди. Сизлерди азық пенен тойдырып, жүрегиңизди қуўанышқа толтырады.
18. Усы сѳзлер менен, олар ѳзлерине қурбанлық бермеўге халықты зорға дегенде кѳндирди.
19. Бирақ Писидияның Антиохия ҳәм Икония қалаларынан келген айырым яҳудийлер халықты ѳз тәрепине аўдырып, Павелди тас пенен урды. Оны ѳлди деп ойлап, қаланың сыртына сүйреп шығарып таслады.
20. Деген менен, шәкиртлер әтирапына жыйналғанда, Павел ѳзине келип орнынан турды да, қалаға қайтты. Ертеңине ол Барнаба менен бирге Дербеге кетти.
21. Олар Хош Хабарды Дербе қаласында жәриялап, кѳп шәкирт арттырғаннан соң, Писидиядағы Листра, Икония ҳәм Антиохия қалаларына қайтып келди.
22. Жол-жѳнекей шәкиртлердиң жанларына күш-қуўат берип, исенимде беккем турыўды үгит-нәсият етти де: «Ќудайдың Патшалығына кириўимиз ушын, кѳп қыйыншылықлардан ѳтиўимиз тийис», – деди.
23. Павел менен Барнаба ҳәр бир исениўши жәмәәтте ақсақалларды тайынлады. Ораза тутып, дуўа еткеннен соң, оларды ѳзлери бурыннан исенетуғын Ийемиз Ийсаның қолына тапсырды.
24. Соңынан олар Писидия үлкеси арқалы ѳтип, Памфилия үлкесине келди.
25. Пергияда Ќудайдың сѳзин жәриялағаннан соң, Анталияға кетти.
26. Сол жерден кеме менен Антиохияға қайтты. Бул қалада олар ѳзлерине тапсырылған ис ушын ѳзлерин Ќудайдың мийримине бағышлаған еди. Олар сол исти енди орынлады.
27. Ол жерге жеткенде, олар исениўшилер жәмәәтин бир жерге жыйнап, Ќудайдың ѳзлери арқалы нелер ислегенин, басқа миллетлерге исеним қапысын қалай ашқанын билдирди.
28. Олар сол жердеги шәкиртлер менен бирге узақ ўақыт қалды.
1. Яҳудиядан Антиохияға гейбир исениўшилер келип, туўысқанларға: «Егер Муўсаның үрп-әдети бойынша сүннет етилмесеңлер, қутқарыла алмайсызлар», – деп тәлим бере баслады.
2. Павел ҳәм Барнаба олар менен айтысып, қатты тартысып қалды. Ақырында Павел ҳәм Барнабаға, және де олар менен бирге басқа бир неше туўысқанға Ерусалимдеги елшилер менен ақсақалларға барып, усы мәселени шешиў тапсырылды.
3. Солай етип, олар исениўшилер жәмәәти тәрепинен жиберилип, Феникия ҳәм Самария үлкелеринен ѳтти. Жол-жѳнекей басқа миллетлердиң Ийемиздиң жолына түскенин айтып, сол жердеги туўысқанларға үлкен қуўаныш бағышлады.
4. Ерусалимге келгенде, олар исениўшилер жәмәәти, елшилер ҳәм ақсақаллар тәрепинен жақсы қабыл етилди. Ќудайдың ѳзлери арқалы ислеген ҳәмме нәрсесин оларға билдирди.
5. Бирақ, парисейлер арасынан шыққан айырым исениўшилер орынларынан турып: – Исениўши болған басқа миллет адамлары да сүннет етилип, оларға Муўсаның Нызамын орынлаўды буйырыў тийис, – деди.
6. Елшилер менен ақсақаллар бул мәселе бойынша мәсләҳәтлесиў ушын жыйналды.
7. Узақ талқылаўдан соң Петр орнынан турып, оларға былай деди: – Туўысқанлар! Басқа миллетлердиң Хош Хабарды мениң аўзымнан еситип исениўи ушын, Ќудай кѳп ўақыт бурын араңыздан мени таңлағанын билесизлер.
8. Адамның кеўлин билетуғын Ќудай Мухаддес Руўхты бизлерге бергени сыяқлы, басқа миллетлерге де берип, оларды қабыл еткенин кѳрсетти.
9. Ќудай олардың кеўиллерин исенимлери арқалы тазалап, бизлер менен олардың арасына айырмашылық қоймады.
10. Олай болса, енди не ушын ата-бабаларымыз да, ѳзлеримиз де кѳтерип жүре алмаған мойынтырықты шәкиртлердиң мойнына салып, Ќудайды сынап атырсызлар?
11. Олардың Ийемиз Ийсаның мийрими менен қутқарылатуғынындай, бизлер де ѳзлеримиздиң солай қутқарылатуғынымызға исенемиз.
12. Сонда жыйналғанлардың ҳәммеси тынышланып, Барнаба менен Павелди тыңлай баслады. Олар ѳзлери арқалы Ќудайдың басқа миллетлер арасында кѳрсеткен кәраматлы белгилери менен таң қаларлық нәрселери ҳаққында айтып берди.
13. Олар сѳзлерин таўысқаннан соң, Яқып сѳз баслап былай деди: – Туўысқанлар, маған қулақ салыңлар!
14. Басқа миллетлерден Ѳзине тийисли бир халық шығарыў ушын, Ќудай оларға дәслеп қалай мийримлилик кѳрсеткенин Симон Петр баян еткен еди.
15. Пайғамбарлардың сѳзлери де усыған туўры келеди. Былай деп жазылған:
16. «Буннан кейин Мен қайтып келип, Даўыттың қулап қалған үйин қайта қураман. Ќыйралғанларды дүзетип, қайта тиклеймен.
17. Солай етип, қалған адамлар ҳәм Мениң атым менен аталыўшы барлық миллетлер Ийесин – Мени излеп тапсын.
18. Буларды әййемнен билдирген Ийемиз усылай дейди».
19. Сонлықтан, мениң пикиримше, Ќудайдың жолына түскен басқа миллет адамларын қыйнамаўымыз керек.
20. Бирақ, бутларға сойылып ҳарамланған қурбанлық гѳшинен, бузықшылықтан, буўындырылып ѳлтирилген ҳайўанлардың гѳшинен ҳәм қаннан аўлақ болыўларын жазып жибериўимиз тийис.
21. Ѳйткени әййемги ўақытлардан бери Муўсаның Нызамы ҳәр бир қалада жәрияланып киятыр ҳәм ҳәр дем алыс күни мәжилисханаларда оқылмақта.
22. Солай етип, пүткил исениўшилер жәмәәти менен елшилер ҳәм ақсақаллар ѳзлериниң арасынан адамларды сайлап, оларды Павел ҳәм Барнаба менен бирге Антиохияға жибериўге қарар етти. Сайланғанлар: туўысқанлар арасында басшылық етип жүрген Барсаба деп аталатуғын Яҳуда менен Сила еди.
23. Олар арқалы мына хатты жазып жиберди: «Ҳүрметли туўысқанларымыз! Туўысқанларыңыз болған биз, елшилер ҳәм ақсақаллардан, Антиохия, Сирия ҳәм Киликиядағы басқа миллет адамлары болған сиз, туўысқанларға сәлем!
24. Арамыздағы айырым адамлардың сизлерге барғанын ҳәм ѳз сѳзлери менен сизлерди тәшиўишке салып, ақылыңызды ҳайран қылғанын еситтик. Бизлер оларға ҳеш қандай жол-жорық бермеген едик.
25. Сонлықтан арамыздан бир неше адамды сайлап, сүйикли туўысқанларымыз Барнаба ҳәм Павел менен бирликте сизлерге жибериўди бир аўыздан мақул таптық.
26. Булар екеўи Ийемиз Ийса Масихтың аты ушын ѳмирлерин бағышлаған адамлар.
27. Сизлерге және де Яҳуда менен Силаны жиберип атырмыз. Олар бул жазғанларымызды аўызша айтып береди.
28. Себеби Мухаддес Руўх ҳәм бизлер әҳмийетли болған бул қағыйдалардан тысқары сизлерге ҳеш нәрсени жүклемеўди мақул таптық:
29. сизлер бутларға сойылған қурбанлық гѳшинен, қаннан, буўындырылып ѳлтирилген ҳайўанлардың гѳшинен ҳәм бузықшылықтан аўлақ болыңлар. Усылардан сақлансаңлар, жақсы ис қылған боласызлар. Аман болыңлар!»
30. Солай етип, жиберилгенлер жолға шығып, Антиохияға келди. Жәмәәтти бир жерге жыйнап, оларға хатты тапсырды.
31. Исениўшилер хатты оқып, ондағы кеўил кѳтериўши сѳзлерге қуўанды.
32. Пайғамбаршылық сыйын алған Яҳуда менен Сила туўысқанларға кѳп сѳзлер менен ақыл-нәсият айтып, руўхый күш-қуўат берди.
33. Бир қанша ўақыт сол жерде болғаннан соң, туўысқанлар оларды аман-есен шығарып салып, жоллағанларға қайтарды.
34. -
35. Ал Павел менен Барнаба Антиохияда болды. Олар кѳплеген адамлар менен бирликте Ийемиздиң сѳзин үйретип, жәриялап жүрди.
36. Бир қанша ўақыттан соң, Павел Барнабаға: – Енди изимизге қайтып, бизлер Ийемиздиң сѳзин жәриялаған ҳәр бир қаладағы туўысқанларымызға барайық, олардың ҳал-жағдайын кѳрейик, – деди.
37. Барнаба Марк деп аталатуғын Юханды бирге алып жүрмекши болды.
38. Бирақ Павел Памфилияда ѳзлерин таслап кетип, бирликте баслаған исти даўам етпеген Маркты ѳзлери менен бирге алып жүриўди мақул кѳрмеди.
39. Солай етип, олардың арасында кескин түсинбеўшилик болып, бир-биринен бѳлинди. Барнаба Маркты алып, кеме менен Кипрға кетти.
40. Ал Павел Силаны таңлады ҳәм туўысқанлар тәрепинен Ийемиздиң мийримине тапсырылғаннан соң, жолға шықты.
41. Ол Сирия ҳәм Киликия үлкелерин аралап, исениўши жәмәәтлерди беккемлеп жүрди.
1. Павел Дербеге, соңынан Листраға келди. Сол жерде анасы исениўши яҳудий, ал әкеси грек болған Тимофей атлы шәкирт бар еди.
2. Листра ҳәм Икониядағы туўысқанлар ол ҳаққында жақсы пикирде еди.
3. Тимофейди ѳзи менен бирге алып жүриўди қәлеген Павел сол жердеги яҳудийлер себепли, оны сүннет еттирди. Ѳйткени ҳәмме Тимофейдиң әкесиниң грек екенин билетуғын еди.
4. Олар қаладан-қалаға ѳтип, Ерусалимдеги елшилер менен ақсақаллар белгилеген қағыйдаларды исениўшилерге орынлаў ушын тапсырды.
5. Солай етип, исениўши жәмәәтлердиң исеними беккемленип, саны күннен-күнге арта берди.
6. Қудайдың сөзин Азия үлкесинде жайыўға Мухаддес Руўх тыйым салғанлықтан, Павел менен оның жолдаслары Фрикия ҳәм Галатия үлкелерин аралап жүрди.
7. Олар Мисияның шегарасына келгенде, Битинияға кирмекши болды, бирақ Ийсаның Руўхы оларға рухсат бермеди.
8. Сонлықтан олар Мисиядан ѳтип, Троас қаласына келди.
9. Сол күни түнде Павел аян кѳрди. Македониялы бир адам оның алдында турып: «Македонияға келип, бизлерге жәрдем бер», – деп ѳтинди.
10. Павел бул аянды кѳргеннен соң, бизлер дәрриў Македонияға барыўдың ҳәрекетин иследик. Себеби Ќудай бизлерди оларға Хош Хабарды жәриялаўға шақырып атыр, деген жуўмаққа келдик.
11. Бизлер Троастан кеме менен шығып, туўры Самотракияға, ертеңине Неаполиске жүзип бардық.
12. Ол жерден Македония үлкесиниң ең баслы қаласы, Римниң қол астында болған Филипке жетип келдик. Бул қалада бир неше күн қалдық.
13. Бизлер бул жерде яҳудийлер дуўа ететуғын орын бар деп ойлап, дем алыс күни қала дәрўазасынан сыртқа, дәрьяның жағасына шықтық. Бизлер отырып, сол жерге жыйналған ҳаялларға сѳйлей басладық.
14. Тыңлаўшылар арасында Тиатира қаласынан келген, қымбат баҳалы гезлемелерди сатыўшы Лидия атлы бир ҳаял бар еди. Ол Ќудайға сыйынатуғын еди. Павелдиң сѳзлерине қулақ салыўы ушын, Ийемиз оның кеўлин ашты.
15. Лидия үй-иши менен бирге суўға шомылдырылғаннан соң, бизлерди үйине мирәт етип: «Мени Ийемизге исенеди, деп есаплайтуғын болсаңлар, келиңлер, үйимде болыңлар», – деп бизлерди кѳндирди.
16. Бир күни бизлер дуўа ететуғын жерге баратырғанымызда, палкерлик пенен шуғылланатуғын жаўыз руўхлы бир шорыға дусластық. Бул қыз палкерлик пенен хожайынларына кѳп пайда келтиретуғын еди.
17. Ол Павел менен бизлердиң изимизге түсип: – Бул адамлар – Ќүдиретли Ќудайдың хызметшилери, олар сизлерге қутқарылыў жолын жәриялап атыр! – деп бақырып жүрди.
18. Бул кѳп күн тәкирарланды. Ақырында Павелдиң жанына тийип, ол арқасына бурылды да, қыздың ишиндеги жаўыз руўхқа: – Ийса Масих аты менен буйыраман: оннан шығып кет! – деди. Жаўыз руўх қыздың ишинен дәрҳал шығып кетти.
19. Шорының хожайынлары пайда кѳриўден үмитлериниң үзилгенин билип, Павел менен Силаны услап алды да, базар майданындағы басшыларға сүйреп апарды.
20. Оларды Рим ҳәкимлериниң алдында турғызып: – Мына яҳудийлер қаламызды астан-кестен етпекте.
21. Биз римлилерге қабыл етиўге де, орынлаўға да болмайтуғын үрп-әдетлерди жәриялап жүр, – дести.
22. Халық та оларға қосылып, елшилерге қарсы шықты. Ҳәкимлер Павел менен Силаның кийимлерин жыртып шештирди де, таяқ пенен сабаўға буйрық берди.
23. Оларды кѳп сабатқаннан соң, қамаққа салдырды ҳәм қамақхана хызметкерине оларды жақсылап қараўыллаўды буйырды.
24. Усындай буйрық алған қамақхана хызметкери оларды қамақхананың ишки бѳлмесине қамап, аяқларын буғаў менен қысып таслады.
25. Түнниң орталарында Павел менен Сила дуўа етип, Ќудайды алғыслайтуғын қосық айтып отырған еди. Басқа тутқынлар да оларды тыңлады.
26. Бирден жер қатты қозғалып, қамақхананың тырнағы силкинди ҳәм сол ўақытта-ақ барлық қапылар ашылып, ҳәммениң шынжырлары шешилип кетти.
27. Уйқыдан оянған қамақхана хызметкери қамақхананың қапыларының ашық екенин кѳрди. Тутқынлар қашып кетти, деп ойлаған ол ѳзин ѳлтирмекши болып, қылышын суўырып алды.
28. Бирақ Павел бәлент даўыс пенен бақырып: – Ѳз жаныңа қастыянлық етпе, ҳәммемиз усы жердемиз, – деди.
29. Ќамақхана хызметкери шыра әкелдирип, ишке жуўырып кирди де, қалтырап, Павел менен Силаның алдына жығылды.
30. Оларды сыртқа шығарып: – Мырзалар, қутқарылыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
31. Олар: – Ийемиз Ийсаға исен, сонда сен де, үй-ишиң де қутқарыласыз, – деди.
32. Соңынан олар оның ѳзине ҳәм үйиндегилердиң ҳәммесине Ийемиздиң сѳзин айтты.
33. Ќамақхана хызметкери түнниң сол сәтинде оларды алып кетип, жарақатларын жуўды да, дәрриў ѳзи ҳәм пүткил үй-иши суўға шомылдырылды.
34. Ол Павел менен Силаны үйине әкелип, алдыларына дастурхан жайды. Ќудайға исенгенине пүткил үй-иши менен қуўанды.
35. Таң атқанда, ҳәкимлер: «Сол адамларды босатыңлар», – деген буйрық пенен сақшыларды жоллады.
36. Ќамақхана хызметкери бул сѳзлерди Павелге хабарлап: – Ҳәкимлер сизлерди босатыў ушын адам жоллапты. Енди шығып, аман-есен кете бериңлер, – деди.
37. Бирақ Павел сақшыларға былай деди: – Рим пуқаралары болған бизлерди халық алдында ҳүкимсиз сабап, қамаққа салды. Енди бизлерди жасырын қуўып жибермекши ме? Бул болмайды! Бизлерди ѳзлери келип шығарсын!
38. Сақшылар бул сѳзлерди ҳәкимлерге жеткизип барды. Ҳәкимлер Павел менен Силаның Рим пуқаралары екенин еситкенде қорқып кетти.
39. Келип, кеширим сорады. Соңынан оларды сыртқа шығарып, қаладан кетиўлерин ѳтинди.
40. Павел менен Сила қамақтан шығып, Лидияның үйине барды. Сол жерде туўысқанларды кѳрип, оларды жигерлендиргеннен соң, жолға шықты.
1. Олар Амфиполис ҳәм Аполлониядан ѳтип, Салоникаға келди. Бул жерде яҳудийлердиң бир мәжилисханасы бар еди.
2. Павел ѳз әдети бойынша мәжилисханаға барды. Үш ҳәпте олар менен Мухаддес Жазыўларды талқылады.
3. Масихтың азап шегип, ѳлимнен қайта тирилиўи тийис екенин түсиндирип, дәлиллер келтирди де: – Мен сизлерге жәриялап атырған бул Ийса – Масих, – деди ол.
4. Яҳудийлердиң базылары мақуллап, Павел менен Силаға қосылды. Сондай-ақ, Ќудайға сыйынатуғын греклердиң үлкен топары ҳәм кѳплеген абырайлы ҳаяллар да солай иследи.
5. Бирақ яҳудийлер күншиллик етип, базарда бос жүрген айырым жарамас адамларды жыйнады да, қалада топалаң салды. Павел менен Силаны таўып, оларды халықтың алдына шығарыў ушын, Ясонның үйине топылып кирди.
6. Бирақ оларды таба алмай, Ясон менен басқа гейбир туўысқанларды қала басшыларының алдына сүйреп апарып: – Пүткил дүньяны астан-кестен еткен бул адамлар усы жерге де келипти.
7. Ясон оларды қабыл қылды. Олардың ҳәммеси Ийса деген басқа бир патша бар екенин айтып, Рим патшасы-Ќайсардың пәрманларына қарсы ҳәрекет етип жүр, – деп бақырды.
8. Бул сѳзлерди еситкен халық ҳәм қала басшылары қатты тынышсызланды.
9. Бирақ олар Ясоннан ҳәм басқалардан кепилликке ақша алып, босатып жиберди.
10. Туўысқанлар дәрриў сол түни Павел менен Силаны Верияға жиберди. Олар Верияға келип, яҳудийлердиң мәжилисханасына кирди.
11. Вериядағы яҳудийлер Салоникадағылардан парасатлырақ еди. Олар Ќудайдың сѳзин үлкен қызығыўшылық пенен қабыл етип, Павел менен Силаның айтқан сѳзлериниң дурыс екенин билиў ушын, ҳәр күни Мухаддес Жазыўларды изертлейтуғын еди.
12. Солай етип, яҳудийлердиң кѳбиси ҳәм кѳплеген абырайлы грек ҳаяллары менен ер адамлары исенди.
13. Бирақ Салоникадағы яҳудийлер Павелдиң Верияда да Ќудайдың сѳзин жәриялағанын билгенде, сол жерге де келди ҳәм халықты үгитлеп, қозғалаң салды.
14. Сонда туўысқанлар Павелди дәрҳал теңиз тәрепке жиберди. Ал Сила менен Тимофей Верияда қалды.
15. Павелди шығарып салыўшылар оны Афинаға дейин апарды. Олар Павелден: «Сила менен Тимофей, мүмкин болса, тез маған жетсин», – деген тапсырманы алып, излерине қайтты.
16. Афинада Сила менен Тимофейди күтип жүрген Павел қаланың бутларға толы екенин кѳргенде, қатты қапа болып ашыўланды.
17. Сонлықтан ол мәжилисханадағы яҳудийлер ҳәм Ќудайға сыйынатуғын греклер менен айтысып, ҳәр күни базар майданында ушырасқанлар менен тартысып жүрди.
18. Эпикуршылардың ҳәм стоик ойшылларының гейбиреўлери де оның менен тартыса баслады. Биреўлери: «Мына мылжың не демекши», – десе, айырымлары: «Ол жат қудайлардың хабаршысы болса керек», – деди. Ѳйткени Павел Ийса ҳәм Оның қайта тирилиўи туўралы Хош Хабарды жәриялап жүр еди.
19. Олар Павелди Ареопаг кеңесине алып келип, оған: – Сен жәриялап жүрген бул жаңа тәлийматтың не екенин билиўимизге бола ма?
20. Себеби сен қулағымызға жат нәрселерди айтып атырсаң, булардың не екенин билгимиз келеди, – деди.
21. Пүткил афиналылар ҳәм сол жерде жасайтуғын шет еллилер ўақытларын тек жаңалықлар айтыў ҳәм тыңлаў менен ѳткизетуғын еди.
22. Павел Ареопаг кеңесиниң ортасында турып, былай деди: – Ҳәй, афиналылар! Сизлердиң ҳәр тәреплеме жүдә диншил екениңизди кѳрип турман.
23. Мен айланып жүрип, сизлер табынатуғын орынларды кѳзден кеширгенимде, «Бийтаныс қудайға» деген жазыўы бар, бир қурбанлық шалынатуғын орынды да кѳрдим. Енди ѳзлериңиз билмей сыйынып жүрген усы Ќудай ҳаққында сизлерге жәриялайжақпан.
24. Дүньяны ҳәм оның ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан Ќудай аспан ҳәм жердиң Ийеси болғанлықтан, адамның қолы менен салынған ибадатханаларда жасамайды.
25. Ол бир нәрсеге мүтәждей, Оған адамның қоллары менен хызмет етип болмайды. Ѳйткени ҳәмме адамларға ѳмир, дем ҳәм барлықты Оның Ѳзи береди.
26. Ќудай ҳәмме миллетлерди бир адамнан жаратып, оларды пүткил жер жүзине орналастырды. Олардың жасайтуғын дәўирлери менен мәканларының шегараларын алдын ала белгилеп берген.
27. Буны Ќудай Ѳзин излесин ҳәм қармаланып болса да тапсын, деп иследи. Деген менен, Ол ҳеш биримизден алыс емес.
28. Себеби сизлердиң шайырларыңыздың гейбиреўлери: «Бизлер Оның урпағымыз», – деп айтқанындай, бизлер Ол арқалы жасаймыз, ҳәрекет етемиз ҳәм бармыз.
29. Бизлер енди Ќудайдың урпағы болғанымыз себепли, Ќудай адамның ѳнери ҳәм ақыл-ойы менен дѳретилген алтын, гүмис ямаса тас мүсинге уқсас деп ойламаңлар.
30. Ѳткен наданлық дәўирлерде Ќудай дыққат аўдармаған болса да, енди ҳәр бир жерде ҳәр бир адамның тәўбе етиўин буйырмақта.
31. Ѳйткени Ол бул дүньяны Ѳзи таңлаған Адамы арқалы әдиллик пенен ҳүким ететуғын күнди белгилеп қойыпты. Буны сол Адамды ѳлимнен қайта тирилтип, ҳәр бир адамға дәлилледи.
32. Ѳлимнен қайта тирилиў ҳаққында еситкенде, кимиси мазақ етип күлди, кимиси: «Бул ҳаққында сени басқа сапар тыңлағымыз келеди», – деди.
33. Соңынан Павел олардың арасынан шығып кетти.
34. Ал гейбир адамлар оған қосылып, исенди. Олардың арасында Ареопаг кеңесиниң ағзасы болған Дионисий, Дамарис атлы бир ҳаял ҳәм және басқалар бар еди.
1. Буннан соң, Павел Афинадан шығып, Коринфке келди.
2. Сол жерде Акила атлы, понтлы бир яҳудийге дусласты. Акила ҳаялы Прискила менен жақында Италиядан келген еди. Себеби Клавдий патша барлық яҳудийлердиң Римнен шығып кетиўин буйырған еди. Павел оларға барды да,
3. кәсиплес болғанлықтан олар менен бирге қалып, жумыс иследи. Олардың кәсиби – шатыр соғыў еди.
4. Павел ҳәр дем алыс күни мәжилисханада айтысып, яҳудийлерди ҳәм греклерди исендириўге ҳәрекет етти.
5. Сила менен Тимофей Македониядан келгенде, Павел ѳзин Ќудайдың сѳзин жәриялаўға ҳәм яҳудийлерге Ийсаның Масих екени ҳаққында гүўалық бериўге толық бағышлады.
6. Бирақ яҳудийлер қарсы шығып, оны масқаралағанда, Павел кийиминиң шаңын қағып, оларға былай деди: – Ѳз обалыңыз ѳзиңизге! Мен жуўапкершиликтен азатпан. Буннан былай, басқа миллетлерге кетемен.
7. Павел сол жерден шығып, Ќудайға сыйынатуғын Титус Юстус атлы бир адамның үйине келди. Оның үйи мәжилисханаға иргелес еди.
8. Мәжилисхана басшысы болған Криспус пүткил үй-иши менен Ийемизге исенди. Павелди тыңлаған коринфлилердиң кѳбиси де исенип, суўға шомылдырылды.
9. Бир күни түнде Ийемиз Павелге аян кѳрсетип: «Ќорқпа, үнсиз қалмай, сѳйлей бер!
10. Мен сениң менен биргемен, жаманлық ислеў ушын саған ҳеш ким қол тийгизе алмайды. Ѳйткени бул қалада Мениң адамларым кѳп», – деди.
11. Солай етип, Павел ол жерде бир ярым жыл қалды ҳәм халыққа Ќудайдың сѳзин үйретиўин даўам етти.
12. Галио Ахая үлкесиниң ҳәкими болған ўақытта яҳудийлер биригип, Павелге қарсы шықты. Оны қазыханаға алып барып:
13. – Мына адам халықты үгитлеп, Ќудайға сыйыныўды бизлердиң нызамымызға қайшы келетуғын жол менен үйретип жүр, – деди.
14. Павел енди сѳзин басламақшы болғанда, Галио яҳудийлерге былай деди: – Ҳәй, яҳудийлер! Егер бир нызамсызлық ямаса бир аўыр жынаят исленген болса, мен сизлерди сабырлылық пенен тыңлар едим.
15. Бирақ, сѳзлерге, атларға ҳәм ѳзлериңиздиң нызамыңызға байланыслы мәселелер болса, ѳзлериңиз шешиңлер. Мен бундай нәрселерге қазылық етким келмейди.
16. Солай етип, Галио оларды қазыханадан қуўып жиберди.
17. Сонда олардың ҳәммеси мәжилисхананың басшысы Состенисти услап алып, қазыхананың алдында сабап таслады. Ал Галио буларға кеўил де аўдарған жоқ.
18. Павел сол жерде және бир неше күн болғаннан соң, туўысқанлар менен хошласты. Прискила ҳәм Акила менен бирге Сирияға барыў ушын кемеге минди. Ќудайға ант бергенликтен, Павел Кенхреяда шашын қыйдырып таслады.
19. Ефеске келгенде, Прискила менен Акиланы сол жерде қалдырып, ѳзи мәжилисханаға барды да, яҳудийлер менен айтыса баслады.
20. Олар кѳбирек ўақыт қалыўын ѳтиниш етсе де, Павел қайылшылық бермеди.
21. Бирақ олар менен хошласып атырып: – Ќудай қәлесе, сизлерге және қайтып келемен, – деди. Соңынан кеме менен Ефестен жѳнеп кетти.
22. Ол Кесарияда кемеден түсип, Ерусалимге кетти ҳәм сол жердеги исениўшилер жәмәәтине сәлем бергеннен соң, Антиохияға барды.
23. Антиохияда бир неше ўақыт қалғаннан соң, Павел жолға шықты. Тәртип бойынша Галатия ҳәм Фрикия үлкелерин аралап, ҳәмме шәкиртлерге руўхый күш-қуўат берип жүрди.
24. Сол ўақытта негизи искендериялы болған Аполос атлы бир яҳудий Ефеске келди. Ол Мухаддес Жазыўларды жүдә жақсы билетуғын, сѳзге шешен адам еди.
25. Ийемиздиң жолында тәлим алған ол жалынлы руўх пенен сѳйлеп, Ийса ҳаққында дурыс үйрететуғын еди. Бирақ ол тек Яқыяның суўға шомылдырыўын ғана билетуғын еди.
26. Аполос мәжилисханада батыллық пенен сѳйлей баслады. Буны Прискила менен Акила еситкенде, оны үйине апарып, Ќудайдың жолын анығырақ түсиндирип берди.
27. Аполос Ахаяға кетпекши болғанда, туўысқанларымыз оны қоллап қуўатлады. Сол жердеги шәкиртлердиң оны қабыл қылыўы ушын хат жазып берди. Аполос сол жерге жетип барып, Ќудайдың мийрими менен исенгенлерге кѳп жәрдем берди.
28. Себеби ол Ийсаның Масих екенин Мухаддес Жазыўлар арқалы дәлиллеп, яҳудийлерди халық алдында күшли түрде әшкаралады.
1. Аполос Коринфте болғанда, Павел таўлы үлкелерден ѳтип, Ефеске келди. Ол жерде айырым шәкиртлер менен ушырасып,
2. олардан: – Исенген ўақтыңызда Мухаддес Руўхты алдыңыз ба? – деп сорады. – Мухаддес Руўхтың бар екенин бизлер ҳеш еситпедик де, – деп жуўап берди олар.
3. – Олай болса, қандай шомылдырыў менен шомылдырылдыңлар? – деп сорады Павел. – Яқыяның тәлимине тийкарланып, суўға шомылдырылдық, – деди олар.
4. Павел былай деди: – Яқыя халықты тәўбе еттирип ҳәм суўға шомылдырып, оларға ѳзинен соң Келетуғынға, яғный Ийсаға исениўди айтқан еди.
5. Олар буны еситкенде, Ийемиз Ийсаның аты менен суўға шомылдырылды.
6. Павел олардың үстилерине қолларын қойып дуўа еткенде, оларға Мухаддес Руўх түсти ҳәм олар басқа тиллерде сѳйлеп, Ќудайдың сѳзлерин айта баслады.
7. Олар барлығы болып шама менен он еки адам еди.
8. Павел мәжилисханаға барды. Ол сол жерде үш ай даўамында Ќудайдың Патшалығы туўралы тәлим берди ҳәм оларды исендириўге тырысып, батыллық пенен сѳйледи.
9. Бирақ, гейбиреўлери қасарысып исенбеди ҳәм Ийсаның жолын халық алдында жаманлай баслады. Сонлықтан Павел оларды қалдырып, шәкиртлерди ѳзи менен бирге алды да, ҳәр күни Тиранустың мектебинде тәлим бериўин даўам етти.
10. Бул аўҳал еки жылға созылды. Солай етип, яҳудий болсын, грек болсын, Азия үлкесинде жасаған ҳәр бир адам Ийемиздиң сѳзин еситти.
11. Ќудай Павел арқалы таң қаларлық кәраматлар иследи.
12. Ҳәтте, Павелдиң денесине тийген бет орамаллар ямаса алжапқышлар наўқасларға қойылғанда, олар дәртлеринен азат болып, ишлеринен жаўыз руўхлар шығатуғын еди.
13. Ел аралап, жаўыз руўхларды қуўып жүрген гейбир яҳудий дуўаханлар да жаўыз руўх урған адамларға Ийемиз Ийсаның атын қоллана баслады. Олар: «Павел жәриялап жүрген Ийсаның аты менен буйырамыз, шығып кет!» – дейтуғын еди.
14. Бас руўханий Скева атлы бир яҳудийдиң жети улы да усылай ислеп жүрген еди.
15. Бирақ жаўыз руўх оларға: – Ийсаны билемен, Павелди таныйман, ал сизлер кимсиз? – деп жуўап берди де,
16. жаўыз руўх урған адам оларға тәп берип жығып, олардан үстин шықты. Олар үйден жарадар ҳәм жалаңаш болып қашып кетти.
17. Бул хабар Ефесте жасайтуғын барлық яҳудийлер менен греклерге жетип барды. Ҳәммесин қорқыныш бийлеп, Ийемиз Ийсаның аты үлкен ҳүрметке еристи.
18. Исенгенлердиң көбиси келип, ислеген жаман ислерин ашық мойынлады.
19. Сыйқыршылық пенен шуғылланатуғын кѳп адамлар да китапларын жыйнап, ҳәммениң кѳз алдында жағып жиберди. Китаплардың баҳасын есаплағанда, елиў мың драхма болды.
20. Солай етип, Ийемиздиң сѳзи қүдирет пенен жайылып, тәсири артып барды.
21. Бул ўақыялардан соң, Павел Македония ҳәм Ахая үлкелеринен ѳтип, Ерусалимге барыўға қарар етти. «Ол жерге барғанымнан соң, Римди де кѳриўим керек», – деди ол.
22. Сонлықтан ѳзи бир неше ўақыт Азия үлкесинде қалып, жәрдемшилеринен екеўин – Тимофей менен Ерастусты Македонияға жиберди.
23. Сол ўақытлары Ийемиз Ийсаның жолына қарсы күшли кѳтерилис пайда болды.
24. Димитрий атлы бир зергер гүмистен Артемида ибадатханасының кишкене үлгилерин соғып, өз өнерментшилерине көп пайда келтиретуғын еди.
25. Димитрий ѳз ѳнерментшилери менен ѳзиндей зергерлерди бир жерге жыйнап, оларға былай деди: – Дослар, усы кәсибимиз арқалы кѳп пайда алатуғынымызды билесизлер.
26. Бирақ Павел деген мына бир адамның қолдан соғылған қудайлардың ҳақыйқый қудайлар емес екенин айтып, тек Ефесте емес, ал пүткил Азияда кѳп санлы адамларды үгитлеп азғырғанын кѳрип ҳәм еситип атырсызлар.
27. Бул бизлердиң ѳнеримиздиң қәдирине қәўип туўдырып қоймай, ал уллы ҳаял қудай Артемиданың ибадатханасының арзымайтуғын нәрсеге айланып, пүткил Азия үлкеси менен пүткил дүнья сыйынатуғын ҳаял қудайды уллылығынан айырыў қәўпи бар.
28. Олар буны еситкенде, қатты ғәзепленип: «Ефеслилердиң Артемидасы уллы!» – деп бақыра баслады.
29. Пүткил қала тәртипсизликке толып кетти. Адамлар Павелдиң жолдаслары македониялы Гаюс пенен Аристархты услап алып, ҳәммеси бирликте тамаша майданына қарай умтылды.
30. Павел халықтың арасына бармақшы болды, бирақ шәкиртлер оған жол қоймады.
31. Павелдиң дослары болған Азия үлкесиниң айырым басшылары да оған хабар жоллап, тамаша майданында кѳринбеўин ѳтинди.
32. Жыйналғанлардың бири анаў, бири мынаў деп бақырысып, жыйналыс бийтәртип болды. Кѳбиси не ушын жыйналғанын да билмейтуғын еди.
33. Яҳудийлер Искендер атлы бир адамды ийтерип ортаға шығарғанлықтан, айырым адамлар болған ўақыя ушын оны айыпкер деп шешти. Искендер қолы менен ишарат етип, ѳзин халық алдында қорғамақшы болды.
34. Бирақ халық оның яҳудий екенин билгенде, ҳәммеси бир аўыздан шама менен еки сааттай: «Ефеслилердиң Артемидасы уллы!» – деп бақырып турды.
35. Ќала хаткери халықты тынышландырып былай деди: – Ефеслилер! Уллы Артемиданың аспаннан түскен мүсининиң ҳәм оның ибадатханасының қорғаўшысы – Ефес қаласы екенин ким билмейди?
36. Буларды ҳеш ким бийкарлай алмайды. Соның ушын тынышланып, ойланып ис тутыўыңыз керек.
37. Сизлердиң бул жерге әкелген адамларыңыз ибадатхананы да тонамаған, ҳаял қудайымызға да тил тийгизбеген.
38. Сонлықтан Димитрийдиң ҳәм оның ѳнерментши жолдасларының биреўге қарсы қандай да бир шағымы бар болса, қазыханалар ашық, қазылар да бар. Бир-бириниң үстинен сол жерде шағым етсин.
39. Ал егер тағы басқа мәселе болса, ол рәсмий жыйналыста шешилиўи тийис.
40. Бүгинги болған ўақыялар себепли айыпланыў қәўпиндемиз. Бундай топалаңды ақлай алыўға бизлерде себеп те жоқ.
41. Ол усы сѳзлерди айтып, жыйналғанларды тарқатып жиберди.
1. Ефестеги топалаң басылғаннан кейин, Павел шәкиртлерди шақыртып жигерлендирди. Соңынан олар менен хошласып, Македонияға кетиў ушын жолға шықты.
2. Ол жол-жѳнекей үлкелерди аралағанда, исениўшилерди кѳп сѳзлер менен жигерлендирип, Грецияға келди.
3. Ол жерде үш ай қалды. Кеме менен Сирияға кетпекши болғанда, яҳудийлер ѳзине қарсы тил бириктиргенликтен, Македония арқалы изине қайтыўға қарар етти.
4. Пир улы вериялы Сопатер, салоникалылардан Аристарх пенен Секундус, дербели Гаюс ҳәм Тимофей, Азия үлкесинен Тихик пенен Трофим оның менен бирге кетти.
5. Булар бурын кетип, бизлерди Троас қаласында күтип турды.
6. Ал бизлер Ашытқысыз нан байрамынан соң, Филиптен кеме менен жолға шығып, бес күнде оларға, Троасқа жетип келдик. Ол жерде жети күн болдық.
7. Ҳәптениң биринши күни нан сындырыў ушын бир жерге жыйналғанымызда, Павел исениўшилерге сѳз сѳйледи. Ертеңине кететуғын болғанлықтан, оның ўазы ярым ақшамға дейин созылды.
8. Бизлер жыйналған жоқарғы қабаттағы бѳлмеде кѳп шыралар жанып турған еди.
9. Евтих атлы бир жас жигит әйнекке минип отыр еди. Павелдиң сѳзи созылып кеткенликтен, Евтихты уйқы басты. Ол уйықлап кетип, үшинши қабаттан қулап түсти. Оны жерден кѳтерип алғанда, ол ѳлип қалған еди.
10. Павел тѳменге түсип, жигиттиң үстине еңкейди де, оның еңсесинен кѳтерип: «Уўайымламай-ақ қойың, оның жаны бар!» – деди.
11. Соңынан жоқарыға кѳтерилип, нан сындырып жеди. Олар менен таң атқанша кѳп сѳйлескеннен соң, жолға шықты.
12. Жигитти үйине тири апарып, исениўшилер үлкен жубаныш алды.
13. Бизлер бурынырақ кеме менен кетип, Асос қаласына бардық. Ол жерден Павелди мингизип алыўымыз керек еди. Ѳйткени оның ѳзи пияда жүргиси келгенликтен, бизлерге усылай тапсырған еди.
14. Павел менен Асоста ушырасып, оны кемеге мингиздик те, Митилина қаласына бардық.
15. Ол жерден кеме менен жолға шығып, ертеңине Хиос атаўының қарсысына келдик. Бир күннен соң Самос атаўына, оның ертеңине Милит қаласына бардық.
16. Азия үлкесинде ўақытты босқа жибермеў ушын, Павел Ефеске бармай ѳтиўди уйғарды. Егер мүмкин болса, ол Елиўинши күни байрамында Ерусалимде болыўға асықпақта еди.
17. Павел Милиттен Ефеске адам жиберип, исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын жанына шақыртты.
18. Олар жанына келгенде, Павел былай деди: – Азия үлкесине қәдем басқан дәслепки күнимнен баслап, сизлер менен бирге болған ўақтымның ҳәммесинде қалай жасағанымды билесизлер.
19. Яҳудийлердиң қастыяншылықлары себепли басымнан ѳткен қыйыншылықларға қарамастан, Ийемизге толық кишипейиллик пенен, сизлер ушын кѳз жасларымды тѳгип хызмет еттим.
20. Және де, пайдалы болған ҳәр қандай нәрсени қалдырмай, сизлерге халық алдында ҳәм үйлерде тәлим бериўди тоқтатпадым.
21. Яҳудийлерге де, греклерге де тәўбе етип Ќудайға қайтыўды ҳәм Ийемиз Ийсаға исениўди жәрияладым.
22. Ал енди болса, Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен Ерусалимге баратырман. Ол жерде маған не болатуғынын билмеймен.
23. Бирақ Мухаддес Руўх мени қамақ ҳәм қыйыншылықлар күтип турғанын маған ҳәр бир қалада билдирип атыр.
24. Буған қарамастан, мен ѳз жанымды аямайман. Тек ѳз бәйгимди басып ѳтип, Ќудайдың мийриминиң Хош Хабары туўралы гүўалық бериўди, яғный Ийемиз Ийсаның маған тапсырған исин жуўмақласам болғаны.
25. Мен араңызда жүрип, Ќудайдың Патшалығы ҳаққында жәрияладым. Енди болса, сизлердиң ҳеш қайсысыңыздың мениң жүзимди қайтып кѳрмейтуғынын билемен.
26. Сонлықтан бүгин сизлерге мынаны ашық айтаман, ким де ким араңызда қутқарылмаса, мен ол ушын жуўапкер емеспен.
27. Себеби сизлерге Ќудайдың пүткил еркин толық жәрияладым.
28. Ѳзлериңизге ҳәм Мухаддес Руўх сизлерди бағыўшы қылып қойған пүткил сүриўге кѳз-қулақ болыңлар! Ќудайдың Ѳз Улының қаны менен сатып алған исениўшилер жәмәәтин бағыңлар!
29. Мен кеткеннен соң, сүриўди аямайтуғын жыртқыш қасқырлардың араңызға киретуғынын билемен.
30. Ҳәтте, араңыздан шәкиртлерди жолдан азғырып, ѳзлериниң излерине ертиў ушын, ҳақыйқатты бурмалаўшы адамлар шығады.
31. Сонлықтан сергек болыңлар! Үш жыл бойы, күн-түн демей кѳз жасларымды тѳгип, ҳәр бириңизге үзликсиз ақыл-нәсият бергенимди еслериңизде сақлаңлар!
32. Енди мен сизлерди Ќудайға ҳәм Оның мийримин билдиретуғын сѳзге тапсыраман. Бул сѳз сизлерди беккемлеп, Ќудайдың мухаддес болған пүткил адамлары менен бирге сизлерге де мийрас бериўге қүдирети жетеди.
33. Мен ҳеш кимниң гүмисин, алтынын ямаса кийимин күсемедим.
34. Ѳзимниң ҳәм мениң менен бирге болғанлардың мүтәжликлери ушын усы қолларым менен мийнет еткенимди билесизлер.
35. Ийемиз Ийсаның: «Алған адамнан гѳре, берген адам бахытлырақ», – деген сѳзин умытпай, усылай мийнет етип, ҳәлсизлерге жәрдем бериў кереклигин сизлерге ислеген ҳәр бир исимде кѳрсеттим.
36. Павел усы сѳзлерди айтып болғаннан соң, олардың ҳәммеси менен бирге дизе бүгип, дуўа етти.
37. Олардың ҳәммеси қатты жыласты ҳәм Павелдиң мойнынан қушақлап, оны сүйди.
38. Єсиресе оларды қатты қапа қылған, Павелдиң: «Мениң жүзимди қайтып кѳрмейсиз», – деген сѳзлери болды. Соңынан оны кемеге дейин шығарып салды.
1. Олар менен хошласқанымыздан кейин, кеме менен жүзип, туўры Кос атаўына кеттик. Ертеңине Родос атаўына, ол жерден Патара қаласына келдик.
2. Сол жерден Феникияға баратуғын кемени таўып миндик те, жүзип кеттик.
3. Кипр кѳрингенде, оның қубла тәрепинен ѳтип, Сирияға қарай жол алдық. Кеме Тир қаласында жүгин түсириў керек болғанлықтан, сол жерде тоқтадық.
4. Ол жерде шәкиртлерди излеп таўып, олар менен бирге жети күн қалдық. Шәкиртлер Мухаддес Руўхтың билдириўи менен, Павелден Ерусалимге бармаўды ѳтинди.
5. Бирақ кететуғын ўақтымыз болғанда шығып, жолымызды даўам еттик. Ҳәмме исениўшилер ҳаял ҳәм бала-шағалары менен бирге бизлерди қаланың сыртына дейин шығарып салды. Теңиздиң жағасында дизе бүгип, дуўа еттик.
6. Бир-биримиз бенен хошласқанымыздан соң, кемеге миндик. Ал олар үйлерине қайтты.
7. Тирден жолымызды даўам етип, Птолемайда қаласына келдик. Ол жердеги туўысқанларымыз бенен кѳрисип, олардың жанында бир күн қалдық.
8. Ертеңине шығып, Кесарияға келдик. Сайланған жети хызметшиниң бири болған, Хош Хабар жәриялаўшы Филиптиң үйине барып, оның менен қалдық.
9. Бул адамның пайғамбаршылық ететуғын, турмысқа шықпаған тѳрт қызы бар еди.
10. Сол жерде бир талай күн болғанымыздан соң, Яҳудиядан Агабус атлы бир пайғамбар келди.
11. Ол бизлерге келип, Павелдиң белбеўин алды да, оның менен ѳзиниң аяқ-қолларын байлап: – Мухаддес Руўх былай дейди: «Яҳудийлер бул белбеўдиң ийесин Ерусалимде усылай етип байлап, басқа миллет адамларына услап береди», – деди.
12. Бул сөзлерди еситип, бизлер ҳәм сол жердеги адамлар Павелден Ерусалимге бармаўын өтиндик.
13. Сонда Павел былай деп жуўап берди: – Не ислеп атырсызлар? Неге жыласып, жүрегимди езип атырсызлар? Мен Ийемиз Ийсаның аты ушын Ерусалимде тек аяқ-қолымды байлатыўға емес, ал ѳлиўге де таярман.
14. Павелди кѳндире алмағанлықтан: «Ийемиздиң қәлегени болсын», – деп қайтып үндемедик.
15. Сол күнлерден соң жолға таярланып, Ерусалимге келдик.
16. Кесариядағы шәкиртлердиң айырымлары да бизлер менен бирге келди. Олар бизлерди жасап турыў ушын дәслепки шәкиртлердиң бири болған, кипрлы Минасонның үйине алып барды. Бизлер сол үйде болдық.
17. Ерусалимге келгенимизде, туўысқанларымыз бизлерди қуўанышлы түрде қарсы алды.
18. Ертеңине бизлер Павел менен бирге Яқыпты кѳриўге бардық. Ақсақаллардың ҳәммеси де сол жерге жыйналған еди.
19. Павел олардан ҳал-аўҳал сорағаннан кейин, ѳз хызмети арқалы Ќудайдың басқа миллетлер арасында ислеген ислерин бирим-бирим айтып берди.
20. Олар буны еситип, Ќудайды алғыслады да, Павелге былай деди: – Туўысқанымыз Павел! Ѳзиң кѳрип турсаң, яҳудийлер арасында Ийемизге исениўши кѳп мыңлаған адамлар бар. Олардың ҳәммеси Мухаддес Нызамға жүдә инталы.
21. Олардың алған хабарына қарағанда, сен басқа миллетлер арасында жасайтуғын барлық яҳудийлерге балаларын сүннет етпеўлерин ҳәм үрп-әдетлеримизди орынламаўын айтып, Муўсаның Нызамынан бас тартыў кереклигин үйретип жүрген екенсең.
22. Енди не қылыў керек? Олар, әлбетте, сениң усы жерге келгениңди еситеди.
23. Сонлықтан мына айтқанымызды исле. Арамызда Ќудай алдында ант ишкен тѳрт адам бар.
24. Оларды жаныңа алып, тазаланыў рәсиминен ѳт. Олар шашларын алдырыўы ушын, керекли қурбанлықтың қунын сен тѳле. Солай етип, ҳәмме адам сен ҳаққында еситкенлериниң тийкарсыз екенин ҳәм сениң Мухаддес Нызам бойынша жасап атырғаныңды билсин.
25. Ал басқа миллет исениўшилерине келсек, бизлер оларға бутларға сойылған қурбанлықтың гѳшинен, қаннан, буўындырылып ѳлтирилген ҳайўанлардың гѳшинен ҳәм бузықшылықтан аўлақ болыўлары туўралы қарарымызды жазып жиберген едик.
26. Келеси күни Павел жанына сол тѳрт адамды алып, олар менен бирге тазаланыў рәсиминен ѳтти. Соңынан тазаланыў күнлериниң қашан тамам болатуғынын ҳәм ҳәр бири ушын қашан қурбанлық шалынатуғынын билдириў ушын, Ибадатханаға кирди.
27. Жети күнлик мүддет тамамланыўға шамаласқанда, Азия үлкесинен келген яҳудийлер Павелди Ибадатханада кѳрип, пүткил халыққа қозғалаң салды да, оны услап алып:
28. – Ҳәй, израиллылар, жәрдем бериңлер! Бул адам ҳәмме жерде ҳәмме адамларға бизиң халқымызға, Мухаддес Нызамға ҳәм Ибадатханаға қарсы тәлим берип жүр. Оның үстине, греклерди де Ибадатханаға алып келип, бул мухаддес орынды ҳарамлады, – деп бақырысты.
29. Ѳйткени олар буннан алдын Павелди қалада ефесли Трофим менен бирге кѳргенликтен, Павел оны Ибадатханаға алып келген, деп ойлайтуғын еди.
30. Пүткил қала аяққа турды. Ҳәр тәрептен жуўырысып келген халық Павелди услап, Ибадатхананың сыртына сүйреп шығарды. Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың дәрўазасы жабылды.
31. Олар Павелди ѳлтирмекши болып атырғанда, Рим мыңбасысына: «Пүткил Ерусалим қозғалаң кѳтерди!» – деген хабар жетип барды.
32. Мыңбасы дәрҳал әскерлер менен жүзбасыларды жанына алып, халық турған жерге жуўырып келди. Олар мыңбасы менен әскерлерди кѳргенде, Павелди урыўды тоқтатты.
33. Сонда мыңбасы жақынлап келип, Павелди тутқынға алды да, қос шынжыр менен байлаўды буйырды. Соңынан: – Бул ким? Ол не иследи? – деп сорады.
34. Халық ишинен биреўи анаў, биреўи мынаў, деп бақырды ҳәм шаўқым себепли жѳнли жуўап ала алмағанлықтан, мыңбасы Павелди әскерий бѳлимге алып кетиўди буйырды.
35. Павел басқышқа келгенде, халық сондай ғәзепли болғанлықтан, әскерлер оны кѳтерип жүриўге мәжбүр болды.
36. Халық оның изинен: – Оны жоқ етиңлер! – деп бақырып жүрди.
37. Єскерий бѳлимге кирейин деп атырғанда, Павел мыңбасыға: – Сизге бир нәрсе айтсам бола ма? – деди. Мыңбасы: – Сен грекше билесең бе?
38. Демек, сен буннан бурын қозғалаң кѳтерип, тѳрт мың қозғалаңшыны шѳлге апарған мысырлы емес екенсең-ғо, – деди.
39. Павел: – Мен яҳудиймен. Киликияның белгили қаласы Тарсустың пуқарасыман. Сизден ѳтиниш, халыққа сѳз сѳйлеўге рухсат етиң, – деди.
40. Мыңбасы рухсат етиўден, Павел басқыштың үстинде турып, халыққа қолы менен ишарат етти. Терең тынышлық орнағаннан соң, оларға еврей тилинде сѳйлей баслады.
1. – Туўысқанларым ҳәм ағаларым! Енди сизлерге айтажақ, ѳзимди ақлаўшы сѳзлеримди тыңлаңлар!
2. Павелдиң ѳзлерине еврейше сѳйлегенин еситкенде, олар бурынғыдан бетер тым-тырыс болды. Павел былай деп даўам етти:
3. – Мен яҳудиймен. Киликияның Тарсус қаласында туўылып, усы Ерусалим қаласында ѳстим. Гамалиелдиң қолы астында ата-бабаларымыздың нызамы бойынша муқыятлы түрде тәрбияландым. Ҳәзир сизлердиң ҳәммеңиз сыяқлы, мен де Ќудайға инталы хызмет еттим.
4. Ийсаның жолы менен жүриўшилерди ѳлгенше қуўдалап, еркек пе, ҳаял ма деместен, оларды байлап қамаққа салдым.
5. Бас руўханий менен барлық ақсақаллар кеңеси де сѳзлеримди тастыйықлай алады. Мен олардан Дамасктағы яҳудийлерге жазылған хат алып, жолға шыққан едим. Мениң мақсетим Ийсаға исенетуғын сол жердеги адамларды да байлап, жазалаў ушын Ерусалимге әкелиў еди.
6. Мен жолға шығып, Дамаскқа жақынлағанымда, түслер шамасында тосаттан аспаннан түскен бир жарық нур әтирапымды жарқыратып жиберди.
7. Мен жерге жығылдым ҳәм бир даўыстың маған: «Саул, Саул! Сен неге Мени қуўдалап атырсаң?» – дегенин еситтим.
8. «Сен кимсең, Ийем?» – деп сорадым мен. Ол маған: «Мен – сен қуўдалап атырған Насыралы Ийсаман» – деди.
9. Мениң жанымдағылар нурды кѳрсе де, мениң менен Сѳйлескенниң сѳзлерин түсинбеди.
10. «Ийем, не ислеўим керек?» – деп сорадым мен. Ийемиз маған: «Орныңнан турып, Дамаскқа бар. Саған бекитилген ислердиң ҳәммеси сол жерде айтылады», – деди.
11. Жаңағы нурдың салтанатлы жақтысынан кѳзлерим кѳрмей қалғанлықтан, жанымдағылар қолымнан услап, мени Дамаскқа жетеклеп апарды.
12. Сол жерде Ханания атлы бир диншил адам бар еди. Ханания сол жердеги барлық яҳудийлер арасында жақсы аты шыққан адам болып, Мухаддес Нызам бойынша жасайтуғын еди.
13. Ол жаныма келип турды да: «Туўысқаным, Саул! Кѳзлериң кѳрип кетсин!» – деди. Мениң сол ўақытта-ақ кѳзлерим ашылып, оны кѳрдим.
14. Ханания былай деди: «Ата-бабаларымыздың Ќудайы Ѳзиниң еркин билиўиң ушын ҳәм ҳақ Адамды кѳрип, Оның аўзынан шыққан сести еситиўиң ушын, сени таңлады.
15. Себеби сен кѳргенлериңди ҳәм еситкенлериңди барлық адамларға жәриялап, Оның гүўасы боласаң.
16. Енди нени күтип отырсаң? Орныңнан турып, суўға шомылдырыл ҳәм Оның атын айтып шақырып, гүналарыңнан тазалан!»
17. Мен Ерусалимге қайтып келип, Ибадатханада дуўа етип отырғанымда, айрықша жағдайға түсип, Ийемизди кѳрдим.
18. Ол маған: «Тезирек Ерусалимнен кет! Ѳйткени бул жердеги адамлар сениң Мен туўралы берген гүўалығыңды қабыл етпейди», – деди.
19. Мен Оған былай дедим: «Ийем! Олар мениң мәжилисханама-мәжилисхана жүрип, Саған исенетуғынларды қамап, сабағанымды биледи.
20. Және де, Сениң гүўаң Степанның қаны тѳгилгенде, мен де сол жерде едим. Мен оны ѳлтиргенлердиң кийимлерин қараўыллап, олардың исин мақуллап турдым».
21. Ийемиз маған: «Бар! Мен сени узаққа, басқа миллетлерге жиберемен», – деди.
22. Адамлар Павелди усы сѳзлерине дейин тыңлады. Бирақ соңғы сѳзлерди еситкенде: – Бундай адамды жер бетинен қуртыў керек, ол жасаўға ылайықлы емес! – деп даўысларының барынша бақыра баслады.
23. Олар усылай бақырысып, ашыў менен кийимлерин ылақтырып, аспанға шаң-тозаң кѳтерип турғанда,
24. мыңбасы Павелди әскерий бѳлимниң ишине апарыўды буйырды. Халықтың Павелге қарсы не ушын усылай бақырып атырғанын билиў ушын, оны қамшылап, тергеўди тапсырды.
25. Ќолларын керип, қайыс пенен байлап атырғанда, Павел сол жерде турған жүзбасыға: – Рим пуқарасын ҳүким етпей турып қамшылаў нызамға туўры келе ме? – деди.
26. Жүзбасы буны еситкенде, мыңбасыға барып хабар берди де: – Не ислейин деп атырсызлар? Бул адам – Рим пуқарасы екен-ғо, – деди.
27. Сонда мыңбасы Павелдиң жанына келип: – Маған айтшы, сен Рим пуқарасымысаң? – деп сорады. – Аўа, – деди Павел.
28. – Мен бул пуқаралыққа кѳп ақша менен еристим, – деди мыңбасы. – Ал мен Рим пуқарасы болып туўылдым, – деди Павел.
29. Сонда Павелди тергемекши болғанлар дәрҳал жанынан шегинди. Павелди байлатқан мыңбасы да оның Рим пуқарасы екенин билгенде қорқып кетти.
30. Ертеңине мыңбасы яҳудийлердиң Павелди не ушын айыплап атырғанын анық билмекши болғанлықтан, оны кисенлерден босатты да, бас руўханийлер менен пүткил жоқарғы кеңестиң жыйналыўын буйырды. Соңынан Павелди алып келип, олардың алдында турғызып қойды.
1. Павел жоқарғы кеңес ағзаларына дыққат пенен нәзер салып: – Туўысқанларым! Мен бүгинги күнге дейин Ќудайдың алдында пәк ҳүждан менен жасадым, – дегенде,
2. бас руўханий Ханания Павелдиң жанында турғанларға оның аўзына урыўды буйырды.
3. Сонда Павел оған: – Ҳәй, еки жүзли! Сени Ќудай урады! Сен мени Мухаддес Нызам бойынша ҳүким етиў ушын отырсаң, бирақ Мухаддес Нызамды бузып, мени урыўды буйырып атырсаң, – деди.
4. Павелдиң қасында турғанлар: – Ќудайдың бас руўханийин де мазақ етиўге бола ма? – деди.
5. Павел былай деди: – Туўысқанларым, оның бас руўханий екенин билмейтуғын едим. Себеби: «Ѳз халқыңның басшысына жаман сѳз айтпа», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо.
6. Сонда олардың бир бѳлегиниң саддукейлер, басқа бѳлегиниң парисейлер екенин билген Павел жоқарғы кеңесте бәлент даўыс пенен: – Туўысқанларым! Мен парисеймен ҳәм парисейдиң улыман. Мен ѳлилердиң қайта тирилиўинен үмит еткеним ушын ҳүким етилип атырман, – деди.
7. Павел буны айтқанда, парисейлер менен саддукейлер арасында жәнжел пайда болып, жыйналғанлар екиге бѳлинди.
8. Ѳйткени саддукейлер ѳлимнен қайта тирилиў де, периште де, руўх та жоқ, дейди. Ал парисейлер булардың ҳәммесин тән алады.
9. Солай етип, жыйналыста күшли шаўқым басланды. Парисейлер топарынан айырым диний муғаллимлер орынларынан турып: – Бизлер бул адамнан ҳеш қандай айып таппай турмыз. Егер оған руўх ямаса периште сѳйлеген болса ше? – деп қызып сѳйледи.
10. Жәнжел кем-кемнен күшейип баратырғанлықтан, олардың Павелди тилкимлеп таслаўынан қорққан мыңбасы әскерлерге тѳменге түсиўди ҳәм олардың арасынан оны күш пенен алып кетип, әскерий бѳлимге апарыўды буйырды.
11. Сол түни Ийемиз Павелге кѳринип: «Мәрт бол! Мен туўралы Ерусалимде қалай гүўалық берген болсаң, Римде де солай гүўалық бериўиң тийис», – деди.
12. Ертеңине яҳудийлер тил бириктирип: «Павелди ѳлтирмегенимизше ишип-жесек, бизлерге нәлет болсын», – деп ѳз ара ант ишти.
13. Бул тил бириктириўге қатнасқанлардың саны қырықтан аслам еди.
14. Олар бас руўханийлер менен ақсақалларға барып былай деди: – «Павелди ѳлтирмегенимизше аўзымызға бир түйир нәрсе алсақ, бизлерге нәлет болсын», – деп қатал түрде ант иштик.
15. Енди сизлер жоқарғы кеңес пенен бирликте мыңбасыға барың да, ѳзлериңизди Павелдиң мәселесин еле де анығырақ тексеретуғын қылып кѳрсетип, оны сизлерге алып келиўин ѳтиниш етиңлер. Ол кеңеске келместен бурын бизлер оны ѳлтириўге таяр турамыз.
16. Бирақ Павелдиң жийени олардың тил бириктиргенин еситип қалып, әскерий бѳлимге барды да, бул хабарды Павелге жеткизди.
17. Павел жүзбасылардың бирин жанына шақырып: – Бул жигитти мыңбасыға алып барың, айтатуғын гәпи бар екен, – деди.
18. Жүзбасы жигитти мыңбасыға алып келди де: – Тутқын Павел мени шақырып, мына жигитти сизге апарыўымды ѳтиниш еткен еди. Оның сизге айтажақ гәпи бар екен, – деди.
19. Мыңбасы жигиттиң қолынан услады да, оны шетке шығарып: – Маған не айтпақшы едиң? – деп сорады.
20. Жигит былай деп жуўап берди: – Яҳудийлер өз ара тил бириктирип, Павелдиң мәселесин анығырақ тексериў сылтаўы менен, оны ертең жоқарғы кеңеске алып келиўиңизди сизден өтиниш етпекши.
21. Бирақ сиз оларға қулақ салмаң! Себеби олардың қырықтан асламы оны тасада күтпекте. Олар: «Павелди ѳлтирмегенимизше ишип-жесек, бизлерге нәлет болсын!» – деп ант ишти. Енди олар сизиң қайылшылығыңызды күтип, таяр болып турыпты.
22. Мыңбасы жигитке: – Буларды маған хабарлағаныңды ҳеш кимге айтпа! – деп тапсырды да, оны қайтарып жиберди.
23. Соңынан мыңбасы жүзбасылардың екеўин жанына шақырып алып былай деди: – Түнде, саат тоғызда Кесарияға кетиў ушын, еки жүз пияда әскер, жетпис атлы ҳәм еки жүз найзалы әскер таярлаңлар.
24. Павелди миндирип, оны аман-есен ҳәким Феликске жеткизиў ушын, атлар менен тәмийинлеңлер.
25. Соңынан мыңбасы тѳмендеги хатты жазды:
26. «Ҳүрметли ҳәким Феликске Клавдий Лисястан сәлем!
27. Яҳудийлер бул адамды услап алып ѳлтирейин деп атыр еди. Бирақ мен оның Рим пуқарасы екенин билгенимнен соң, әскерлерим менен жетип барып, қутқарып қалдым.
28. Оны не ушын айыплап атырғанын билмекши болып, яҳудийлердиң жоқарғы кеңесине алып бардым.
29. Сонда оның яҳудийлердиң нызамына байланыслы тартыслы нәрселер себепли айыпланып атырғанын анықладым. Бирақ онда ѳлимге ямаса қамалыўға ылайық ҳеш қандай айып жоқ.
30. Бул адамға қарсы қастыяншылық исленежақ екенлиги маған хабар етилгенде, оны дәрҳал сизге жолладым. Оның айыплаўшыларына да оған қарсы шағымларын сизиң алдыңызда айтыўды буйырдым».
31. Солай етип, әскерлер ѳзлерине берилген буйрық бойынша Павелди алып, түнде Антипатрис деген қалашаға барды.
32. Ертеңине олар атлы әскерлерди Павел менен жолды даўам етиў ушын қалдырып, ѳзлери әскерий бѳлимге қайтып келди.
33. Атлы әскерлер Кесарияға барып, хатты ҳәкимге берди де, Павелди оның қолына тапсырды.
34. Ҳәким хатты оқып, Павелден қайсы үлкеден екенин сорады. Киликиялы екенин билгенде, оған:
35. «Сени айыплаўшыларың келгенде тыңлайман», – деди де, оның Ҳиродтың сарайында қараўылланыўын буйырды.
1. Арадан бес күн ѳткеннен соң, бас руўханий Ханания айырым ақсақаллар ҳәм Тертулус атлы нызам қәнийгеси болған бир шешен менен Кесарияға келип, ҳәкимге Павелдиң үстинен шағым жасады.
2. Павел шақырылғанда, Тертулус оны айыплай баслады: – Уллы мәртебели Феликс! Сизиң арқаңызда узақ ўақытлардан бери тынышлықта жасап атырмыз. Сизиң келешекти кѳре билетуғыныңыз арқалы бул миллеттиң абаданшылығы раўажланып бармақта.
3. Бизлер буны ҳәмме ўақытта, ҳәмме жерде үлкен миннетдаршылық пенен мойынлаймыз.
4. Бирақ сизиң ўақтыңызды алмаў ушын, бизлердиң айтажақ бир аўыз сѳзимизди дыққат пенен тыңлаўыңызды ѳтиниш етемен.
5. Бизлер бул адамды обадай қәўипли, дүнья жүзиндеги пүткил яҳудийлер арасында қозғалаң кѳтериўши ҳәм «Насыралылар» деген азғын топардың жетекшилериниң бири деп таптық.
6. Ҳәтте, ол Ибадатханамызды да ҳарамламақшы болғанда, бизлер оны қолға алдық .
7. Сиз де оны тергегениңизде,
8. бизлердиң оны не ушын айыплап атырғанымыздың ҳәммесин ѳзинен билип аласыз.
9. Яҳудийлер де Павелди айыплап, айтылғанлардың дурыс екенин мақуллады.
10. Ҳәким Павелдиң сѳйлеўи ушын ишарат еткенде, Павел былай деп жуўап берди: – Сизиң кѳп жыллардан бери бул миллетке қазылық етип киятырғаныңызды билип, ѳзимди сизиң алдыңызда ақлайтуғыныма қуўанышлыман.
11. Мениң Ерусалимге сыйыныў ушын келгениме он еки күннен кѳп болмағанын ѳзиңиз билип алыўыңызға болады.
12. Олар мениң я Ибадатханада, я мәжилисханаларда, я қаланың басқа бир жеринде биреў менен тартысып турғанымды ямаса халыққа қозғалаң салып жүргенимди кѳрмеди.
13. Ҳәзир де маған тағып атырған айыпларын сизге дәлиллеп бере алмайды.
14. Бирақ, сизге мынаны мойынлайман: олар «азғын топар» деп атайтуғын жол бойынша мен ата-бабаларымның Ќудайына сыйынып, Мухаддес Нызамда ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларында айтылған ҳәр бир нәрсеге исенемен.
15. Бул адамлар сыяқлы мен де ҳақ адамлардың да, гүнакарлардың да қайта тирилиўин Ќудайдан үмит етемен.
16. Сонлықтан да, мен Ќудайдың ҳәм адамлардың алдында пәк ҳүжданлы болыўға ҳәмме ўақыт тырысаман.
17. Миллетиме қайыр-садақа, Ќудайға қурбанлықлар бериў ушын, кѳп жылдан соң Ерусалимге қайтып келдим.
18. Мен тазаланыў рәсиминен ѳтип, усыларды ислеп атырғанымда, олар мени Ибадатханада кѳрди. Сонда мениң қасымда кѳп адам да, шаўқым да болған жоқ.
19. Бирақ ол жерде Азия үлкесинен келген айырым яҳудийлер бар еди. Сизиң алдыңызда әне солар турып, маған тағатуғын айыплары бар болса, айтыўлары керек.
20. Я болмаса, жоқарғы кеңестиң алдында турғанымда, меннен қандай айып тапқанын бул жердеги адамлар айтсын.
21. Мен тек олардың алдында турғанымда: «Ѳлилердиң қайта тирилетуғынына исенгеним ушын, бүгин мен ҳүким етилип атырман», – деп бақырған едим.
22. Сонда Феликс Ийсаның жолы туўралы жақсы билгенликтен: – Даўыңызды мыңбасы Лисяс келгенде шешемен, – деди де, истиң қаралыўын кейинге қалдырды.
23. Соңынан ол жүзбасыға Павелди қараўыллаўды, бирақ еркинлик берип, досларының оған жәрдемлесиўине тыйым салмаўын буйырды.
24. Бир қанша күннен соң, Феликс ѳзиниң Друзилла атлы яҳудий ҳаялы менен бирге келди. Ол Павелди шақыртып алып, оның Масих Ийсаға исениў ҳаққында айтқанларын тыңлады.
25. Павел ҳақлық, ѳзин тыйыў ҳәм келешектеги ҳүким ҳаққында айтқанда Феликс қорқып кетип: – Ҳәзирше бара бер. Ўақыт тапсам, сени және шақыртып аламан, – деди.
26. Соның менен бирге, босатылыўы ушын Павелдиң ѳзине пара бериўинен үмит ететуғын еди. Сонлықтан оны тез-тез шақыртып, оның менен гүрриңлесетуғын еди.
27. Бирақ арадан еки жыл ѳткенде, Феликстиң орнына Порций Фест келди. Феликс яҳудийлерге жағынғысы келгенликтен, Павелди қамақта қалдырып кетти.
1. Фест үлкеге ҳәкимлик ўазыйпасына келгеннен соң үш күн ѳткенде, ол Кесариядан Ерусалимге барды.
2. Сонда бас руўханийлер менен яҳудийлердиң басшылары оған Павелдиң үстинен шағым жасады.
3. Мийримлилик кѳрсетип, Павелди Ерусалимге жибериўин оннан жалынып сорады. Ал ѳзлери Павелди жолда ѳлтирмекши болып, тил бириктирген еди.
4. Фест оларға жуўап берип, Павелдиң Кесариядағы қамақта екенин ҳәм ѳзиниң де жақында сол жерге баратуғынын айтты да:
5. – Араңызда бийлиги барлар мениң менен бирге барып, бул адам бир қылмыс ислеген болса, оны айыпласын, – деди.
6. Фест олардың жанында сегиз ямаса он күннен артық қалмай, Кесарияға қайтты. Ертеңине ол ҳүким гүрсисине отырып, Павелди алып келиўди буйырды.
7. Павел келгенде, Ерусалимнен барған яҳудийлер оның әтирапын қоршап алды да, оған ѳзлери дәлиллеп бере алмайтуғын кѳп аўыр айыплар тақты.
8. Павел ѳзин ақлап: – Мен я яҳудийлердиң нызамына, я Ибадатханаға, я Рим патшасы-Ќайсарға қарсы ҳеш қандай жынаят ислегеним жоқ, – деди.
9. Бирақ яҳудийлерге жағынғысы келген Фест Павелге: – Ерусалимге барып, сол жерде усылар бойынша мениң алдымда ҳүким етилиўди қәлейсең бе? – деди.
10. Павел былай деди: – Мен Қайсардың ҳүким гүрсиси алдында турман. Мен усы жерде ҳүким етилиўим тийис. Мениң яҳудийлерге ҳеш қандай жаманлық ислемегенимди өзиңиз жүдә жақсы билесиз.
11. Егер мен айыплы болсам ҳәм ѳлимге ылайықлы бир нәрсе ислеген болсам, ѳлимнен бас тартпас едим. Ал егер булардың маған тағып атырған айыплары тийкарсыз болса, онда ҳеш бир адамның мени олардың қолына услап бериўге ҳақысы жоқ. Мен Ќайсардың ҳүкимин талап етемен.
12. Сонда Фест кеңесгѳйлери менен мәсләҳәтлескеннен соң: – Сен Ќайсардың ҳүкимин талап еттиң, енди Ќайсарға барасаң, – деп жуўап берди.
13. Бир қанша күннен соң, Агриппа патша менен Верника Фестти қутлықлаў ушын Кесарияға келди.
14. Олар сол жерде кѳп күн қалғанлықтан, Фест Павелдиң исин патшаға билдирип былай деди: – Бул жерде Феликс қамақта қалдырып кеткен бир адам бар.
15. Мен Ерусалимде болғанымда, яҳудийлердиң бас руўханийлери менен ақсақаллары оған айып тағып, оны жазалаўымды талап қылған еди.
16. Мен оларға: «Айыпланыўшы ѳз айыплаўшылары менен жүзлеспей турып, оған тағылып атырған айыплардан ѳзин қорғаўға мүмкиншилик берместен, оны услап бериў – римлилердиң әдетине қайшы келеди», – деп жуўап бердим.
17. Сонлықтан олар мениң менен бул жерге келгенде, мен ўақытты босқа жибермей, ертеңине-ақ ҳүким гүрсисине отырдым да, сол адамның алып келиниўин буйырдым.
18. Бирақ айыплаўшылар орынларынан турғанда, оған мен күткен айыплардың ҳеш бирин тақпады.
19. Тек олардың ѳз дини ҳәм бир Ийса атлы ѳлген, бирақ Павел тири деп тастыйықлаған Адам ҳаққында айырым тартыслары бар екен.
20. Мен бул мәселени қалай шешиўди билмей албырап, Павелден: «Ерусалимге барып, усылар бойынша сол жерде ҳүким етилиўди қәлейсең бе?» – деп сорадым.
21. Бирақ ол ѳз исин Ќайсардың қараўын ҳәм оған дейин қамақта қалдырылыўын талап етти. Сонлықтан мен оны Ќайсарға жоллаўыма дейин қамақта болыўын буйырдым.
22. Сонда Агриппа Фестке: – Бул адамды мен де тыңлағым келеди, – деди. – Оны ертең-ақ тыңлайсыз, – деди Фест.
23. Ертеңине Агриппа менен Верника уллы сән-салтанат пенен келип, мыңбасылар ҳәм қаланың абырайлы адамлары менен бирликте рәсмий залға кирди. Фесттиң буйрығы бойынша Павел алып келинди.
24. Фест былай деди: – Патша Агриппа ҳәм усы жердеги ҳәмме адамлар! Сизлер мына адамды кѳрип турсызлар. Ерусалимде де, бул жерде де, пүткил яҳудий халқы оның үстинен маған шағым жасап: «Ол буннан былай жасамаўы тийис» – деп бақырысқан еди.
25. Бирақ мен оның ѳлим жазасына ылайық ҳеш қандай ис ислемегенин анықладым. Оның ѳзи Ќайсардың ҳүкимин талап еткенликтен, оны Ќайсарға жибериўге қарар еттим.
26. Ал менде болса, ол ҳаққында ҳүкимдарға жазғандай, белгили ҳеш нәрсе жоқ. Сонлықтан бул тергеўдиң нәтийжесинде маған жазыўға бир нәрсе табылып қалар деп, оны сизлердиң алдыңызға, әсиресе, патша Агриппа, сизиң алдыңызға шығардым.
27. Ѳйткени тутқынды Ќайсарға жоллап, оған қойылған айыпларды билдирмеў надурыс болар, деп ойлайман.
1. Агриппа Павелге: – Ѳзиңди ақлап сѳйлеўиңе рухсат бериледи, – деди. Сонда Павел қолын кѳтерип ишарат етти де, ѳзин ақлап сѳйлей баслады:
2. – Патша Агриппа! Яҳудийлердиң маған тағып атырған барлық айыпларына қарсы бүгин ѳзимди сизиң алдыңызда ақлап атырғаным ушын бахтиярман, деп есаплайман.
3. Себеби әсиресе сиз яҳудийлердиң үрп-әдетлерин ҳәм тартыслы мәселелерин жақсы билесиз. Сонлықтан мени сабырлылық пенен тыңлаўыңызды ѳтиниш етемен.
4. Дәслеп ѳз елимде, соңынан Ерусалимде жаслығымнан бери қалай ѳмир сүргенимди пүткил яҳудийлер биледи.
5. Олар мени кѳп ўақыттан бери таныйды ҳәм егер қәлесе, динимиздиң ең қатал бағыты бойынша парисей болып жасағаным туўралы гүўалық бере алады.
6. Енди болса, Ќудайдың ата-бабаларымызға берген ўәдесинен үмит еткеним ушын, мен усы жерде турып, ҳүким етилип атырман.
7. Бизиң он еки урыўымыз күни-түни Ќудайға бар ықласы менен хызмет етип, бул ўәдениң орынланыўынан үмит етеди. О, патшам! Мени яҳудийлер, мине, усы үмит себепли айыпламақта.
8. Ќудайдың ѳлилерди тирилтиўин сизлер неге исенип болмайтуғын нәрсе, деп есаплайсызлар?
9. Ҳақыйқатында мен де Насыралы Ийсаның атына қарсы қолымнан келген ҳәмме нәрсени ислеўим керек, деп ойлайтуғын едим.
10. Мен буны Ерусалимде иследим де. Бас руўханийлерден алған бийлик пенен исениўшилердиң кѳбисин қамаққа салдырдым. Оларға ѳлим жазасы берилиўи ушын даўыс беретуғын едим.
11. Мәжилисханама-мәжилисхана жүрип, оларды тез-тез жазалап, Ийсаға тил тийгизиўге мәжбүрлейтуғын едим. Оларға қәҳәрли болғаным соншелли, ҳәтте, оларды жат қалаларда да қуўдаладым.
12. Бир мәрте мен бас руўханийлерден бийлик ҳәм тапсырма алып, Дамаскқа қарай жолға шықтым.
13. О, патшам! Тал түсте жолда баратырғанымда, аспаннан түсип, мениң ҳәм жолдасларымның әтирапын жарқыратып жиберген қуяштың сәўлесинен де жарық бир нур кѳрдим.
14. Ҳәммемиз жерге жығылғанымызда, бир даўыстың маған еврей тилинде сѳйлегенин еситтим: «Саул, Саул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? Ќудайға қарсы турсаң, ѳзиңе зыян болады».
15. «Ийем, Сен кимсең?» – деп сорадым мен. Ийемиз жуўап берип былай деди: «Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман.
16. Ќәне, тикейип, орныңнан тур! Мени кѳргениң ҳәм Мениң саған кѳрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бериўиң ушын, және де, сени Ѳз хызметиме тайынлаў ушын саған кѳриндим. Сен кѳргенлериң ҳәм саған кѳрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бересең.
17. Мен сени ѳз халқыңның ҳәм басқа миллетлердиң қолынан қутқараман.
18. Басқа миллетлердиң кѳзлерин ашып, оларды қараңғылықтан жақтыға, шайтанның қолы астынан Ќудайға апарыў ушын сени оларға жиберип атырман. Солай етип, олардың гүналары кеширилип, Маған деген исенимлери менен мухаддес адамлардың арасынан үлес алсын».
19. Сонлықтан, патша Агриппа, аспаннан берилген аянға бағынбай тура алмадым.
20. Дәслеп Дамаск, соңынан Ерусалим ҳәм пүткил Яҳудия үлкесиндеги яҳудийлерге, және басқа миллетлерге де тәўбе етип Ќудайға қайтыўды ҳәм тәўбеге ылайық ислер ислеўди жәриялап жүрдим.
21. Яҳудийлердиң мени Ибадатханада услап, ѳлтирмекши болғанының себеби усы.
22. Бирақ бүгинги күнге дейин маған Ќудай жәрдем берип келмекте. Сонлықтан үлкен-киши, ҳәммеге гүўалық берип, усы жерде турман. Мениң айтып турғанларым пайғамбарлардың ҳәм Муўсаның болжап айтқанларынан басқа емес.
23. Олар Масихтың азап шегетуғынын ҳәм биринши болып ѳлимнен тирилетуғынын, Ѳз халқына ҳәм басқа миллетлерге нур ҳаққында жәриялайтуғынын билдирген еди.
24. Павел усы тәризде ѳзин ақлап турғанда, Фест бәлент даўыс пенен: – Павел, сениң есиң дурыс емес! Кѳп оқығаның сени ақылыңнан аздырыпты! – деди.
25. Павел былай деди: – Есим дурыс, ҳүрметли Фест! Мениң сѳзлерим ҳақыйқатқа ҳәм ақылға сай.
26. Патша бул нәрселер ҳаққында жақсы билгенликтен, мен оның менен еркин сѳйлесип турман. Булардың ҳеш бириниң оның дыққатынан шетте қалмағанына исенемен. Ѳйткени бул бир шетте болған жоқ.
27. Патша Агриппа! Сиз пайғамбарлардың сѳзлерине исенесиз бе? Билемен, исенесиз.
28. Сонда Агриппа Павелге: – Мени аз-маз ўақыттың ишинде кѳндирип, масихый қылмақшымысаң? – деди.
29. – Аз болсын, кѳп болсын, тек сиз емес, ал бүгин мени тыңлап отырғанлардың ҳәммеси мына шынжырларсыз мен сыяқлы болыўын Ќудайдан тилеймен, – деди Павел.
30. Сонда патша, ҳәким, Верника ҳәм олар менен отырғанлар орынларынан турды.
31. Олар сыртқа шығып, ѳз ара: «Бул адам ѳлимге ямаса қамалыўға ылайық ҳеш нәрсе ислемеген», – дести.
32. Агриппа Фестке: «Егер бул адам Рим патшасы-Ќайсардың ҳүкимин талап етпегенде, оны азат қылыўға болар еди», – деди.
1. Италияға кеме менен кетиўге қарар еткенимизде, Павел менен басқа айырым тутқынлар Август әскерий бѳлиминен болған Юлий атлы бир жүзбасыға тапсырылды.
2. Азия үлкесиниң жағаларындағы жағысларға баратуғын Адрамиттиң кемесине минип, бизлер жолға шықтық. Жанымызда Салоникадан келген македониялы Аристарх та бар еди.
3. Ертеңине Сидонға жетип келдик. Юлий Павелге адамгершилик ислеп, оның ѳз мүтәжликлерине жәрдем алыўы ушын, досларына барып келиўине рухсат етти.
4. Ол жерден кеме менен және жолға шықтық. Самал қарсы алдымыздан есип турғанлықтан, Кипр атаўының ық жағы менен жүрдик.
5. Киликия ҳәм Памфилия үлкелериниң қарсы алдындағы теңизден ѳтип, Ликияның Мира қаласына келдик.
6. Жүзбасы сол жерде Италияға баратуғын Искендериядан келген кемени таўып, бизлерди оған мингизди.
7. Кѳп күн бойы әсте-ақырын жүзип, зорға дегенде Книдосқа жетип бардық. Самалға қарсы жүзиў қыйын болғанлықтан, Крит атаўының ық жағы менен Салмон қаласының қасынан ѳттик.
8. Жаға бойлап зордан жүзип, Ласея қаласының қасындағы «Гѳззал жағыс» деген жерге келдик.
9. Бизлер кѳп ўақытты сарп етип алдық. Ҳәтте, яҳудийлердиң ораза күнлери де ѳтип кеткенликтен, енди жүзиў қәўипли еди. Сонлықтан Павел оларға ескертип:
10. – Адамлар! Бул жолымыз тек жүк ҳәм кеме ушын емес, ал жанларымыз ушын да жүдә қәўип-қәтерли болатуғынын кѳрип турман, – деди.
11. Бирақ жүзбасы Павелдиң сѳзлеринен гѳре, кеме айдаўшысы менен кемениң хожайынының сѳзине қулақ асты.
12. Жағыс қыслаўға қолайлы болмағанлықтан, кемедегилердиң кѳбиси жолға шығыўды ҳәм илажы болса Феникске жетип, қысты сол жерде ѳткизиўди шешти. Феникс – қубла-батыс ҳәм арқа-батыс тәреплерге қараған, Критте жайласқан бир жағыс еди.
13. Ќубладан жумсақ самал есе баслағанда, олар ѳз мақсетимизге жеттик деп ойлап, кѳшкини кѳтерди де, Криттиң жағасы менен жүзип кетти.
14. Бирақ кѳп ѳтпей, атаў тәрептен «Арқа-шығыс» деп аталатуғын даўыл бастырып келди.
15. Кеме даўыл тәрепинен искенжеге алынып, самалға қарсы тура алатуғын күшимиз болмағанлықтан, бизлер тәслим болып кете бердик.
16. «Кавда» деп аталатуғын бир киши атаўдың ық жағына жеткенимизде, кемениң қайығын зорға дегенде сақлап үлгердик.
17. Кемешилер қайықты жоқарыға тартып шығарып, кемени арқан менен беккем етип байлап қойды. Ливия жағасының қайыр жерлерине тийиўден қорқып, желқомды түсирди де, ығып кете берди.
18. Даўыл бизлерди қатты қыйнағанлықтан, олар ертеңине кемеден жүк ылақтыра баслады.
19. Үшинши күни кемениң қурал-сайманларын да ѳз қоллары менен теңизге ылақтырды.
20. Кѳп күн бойы қуяш та, жулдызлар да кѳринбеди. Даўыл еле қәҳәрли болғанлықтан, ақырында аман қалыўдан үмитимизди пүткиллей үздик.
21. Адамлар кѳп ўақыттан бери ҳеш нәрсе жемеген еди. Сонда Павел ортаға шығып былай деди: – Адамлар! Маған қулақ асып, Криттен шықпағаныңызда, бундай қәўип-қәтер менен шығынға ушырамаған болар едик.
22. Бирақ енди сизлерди мәрт болыўға шақыраман. Тек кеме ғана апатқа ушырап, араңызда ҳеш бир жан набыт болмайды.
23. Себеби мен тийисли болып, хызмет етип жүрген Ќудайдың бир периштеси ѳткен түни жаныма келип,
24. былай деди: «Ќорқпа Павел! Сен Рим патшасы-Ќайсардың алдына барыўың тийис. Және Ќудай сениң менен сапарлас болғанлардың ҳәммесин саған бағышлады».
25. Сонлықтан, адамлар, мәрт болыңлар! Мен Ќудайға исенемен: маған не айтылса, сол болады.
26. Бизлер бир атаўға ығызылып апарылыўымыз тийис.
27. Даўылдың басланғанына он тѳрт күн болғанда, бизлер Адрия теңизинде ығып жүр едик. Шама менен түнниң ярымында кемешилер қандай да бир қурғақлыққа жақынласқанын шамалады.
28. Сонда олар теңиздиң тереңлигин ѳлшеп, жигирма қулаш екенин билди. Аз-маз ўақыттан соң және ѳлшеп кѳргенде, он бес қулаш екенин кѳрди.
29. Суўдың астындағы жартасқа урылыўымыздан қорқып, олар кемениң арт бетинен тѳрт кѳшки ылақтырды да, таңның тезирек атыўын тилеп, дуўа етти.
30. Кемешилер кемеден қашпақшы болып, алдыңғы тәрептен кѳшки таслаўды сылтаўлады да, қайықты теңизге түсире баслады.
31. Бирақ Павел жүзбасы менен әскерлерге: – Булар кемеде қалмаса, сизлерге аман қалыў жоқ, – деди.
32. Сонда әскерлер қайықтың арқанларын кесип, оны теңизге түсирип жиберди.
33. Таң атайын деп турғанда, Павел ҳәммени аўқат жеўге үгитлеп: – Ҳеш нәрсе жемей аўқатсыз қалып күткениңизге бүгин он тѳрт күн болды.
34. Сонлықтан аўқат жеп алыўыңызды ѳтиниш етемен. Бул аман қалыўыңыз ушын зәрүр. Ҳеш қайсысыңыздың бир тал шашыңыз да набыт болмайды, – деди.
35. Павел усыларды айтып болып нанды алды да, ҳәммениң алдында Ќудайға шүкирлик билдирип, нанды бѳлип жей баслады.
36. Сонда ҳәмме жигерленип, аўқат жеди.
37. Кемеде барлығымыз болып еки жүз жетпис алты жан едик.
38. Аўқатқа тойып болғаннан соң, олар бийдайды теңизге тѳгип, кемени жеңиллетти.
39. Таң атқанда, кемешилер ѳзлери келген жерди танымады. Бирақ жағасы қумлық болған бир қолтықты кѳрип қалып, мүмкин болса, кемени сол жерге апарып тоқтатыўды уйғарды.
40. Кѳшкилердиң арқанларын кесип, теңизге таслады да, рульлерди байлаған арқанларды шешти. Алдыңғы желқомды самал тәрепке кѳтерип, жағаға қарай жүзип кетти.
41. Бирақ кеме бир қумлы сайыз жерге тап болып, тумсығы қумға батты да, қыймылдамай қалды. Ал артқы жағы күшли толқынлар тәрепинен соққыланып, сынып кетти.
42. Тутқынлар жүзип қашып кетеди деп ойлап, әскерлер оларды ѳлтирмекши болды.
43. Бирақ жүзбасы Павелди қутқарғысы келип, әскерлерге бул нийетин иске асырыўға тыйым салды. Соңынан жүзип билетуғынларға биринши болып ѳзлерин теңизге атып, жағаға шығыўларын буйырды.
44. Ал қалғанлары болса, кимиси тахтай, кимиси кемениң сынық бѳлеклеринен услап, олардың излеринен жетип барды. Солай етип, ҳәммеси аман-есен жағаға шықты.
1. Аман қалғанымыздан соң, атаўдың атының Мальта екенин билдик.
2. Жергиликли адамлар бизлерге әдеттен тыс адамгершилик кѳрсетти. Жаўын жаўып, күн суўық болғанлықтан, олар от жағып, ҳәммемизди жақсы қабыл етти.
3. Павел бир қушақ отын жыйнап, оттың үстине салды. Сонда оттың ыссысынан қашқан бир уўлы жылан оның қолына жабысты.
4. Жергиликли адамлар Павелдиң қолына жыланның асылып турғанын кѳрип, бир-бирине: – Бул адам, сѳзсиз, адам ѳлтирген қанхор екен. Теңизден аман қалған болса да, әдиллик қудайы оның тири қалыўына жол қоймады, – дести.
5. Бирақ Павел қолын силкип, жыланды оттың ишине ылақтырып жиберди ҳәм ҳеш қандай зыян кѳрмеди.
6. Олар Павелдиң денесиниң исип кетиўин ямаса бирден ѳлип қалып, жерге жығылыўын күтип тур еди. Бирақ узақ ўақыт күтип, оған ҳеш қандай зыян келмегенин кѳргенде, пикирлерин ѳзгертип: «Ол бир қудай», – дести.
7. Бизлер турған жердиң жақынында атаўдың басшысы болған Публий атлы адамның жер-мүлки бар еди. Ол бизлерди үйине қабыл етип, үш күн мийман қылды.
8. Сол ўақытта Публийдиң әкесиниң ыссылығы кѳтерилип, иши ѳтип аўырып жатырған еди. Павел оның жанына барып дуўа етти де, қолларын оның үстине қойып, шыпа берди.
9. Усы ўақыядан соң, атаўдағы басқа аўырыў адамлар да келип, шыпа табатуғын еди.
10. Олар бизлерге кѳп ҳүрмет кѳрсетти ҳәм жолға шығып баратырғанымызда керекли нәрселерди кемеге жүкледи.
11. Үш айдан соң, сол атаўда қыслап қалған «Егиз қудайлар» деп аталатуғын Искендериядан келген бир кеме менен жолға шықтық.
12. Сиракуз қаласына барып, үш күн қалдық.
13. Ол жерден жолымызды даўам етип, Региумға келдик. Ертеңине қубладан есе баслаған самалдың жәрдеми менен еки күнде Путеолийге бардық.
14. Ол жерден туўысқанларымызды таптық. Олардың ѳтиниши бойынша, бизлер олар менен бирге бир ҳәпте қалдық. Ақырында бизлер Римге келдик.
15. Хабарымызды еситкен Римдеги туўысқанларымыз бизлерди күтип алыў ушын Аппий майданы ҳәм «Үш мийманхана» ға дейин келди. Павел оларды кѳргенде Ќудайға шүкирлик етип, жигерленип қалды.
16. Римге келгенимизде, Павелге ѳзин қараўыллайтуғын әскер менен ѳз алдына жасаўға рухсат етилди.
17. Үш күннен соң, Павел Римдеги яҳудий жетекшилерин бирге жыйналыўға шақырды. Олар жыйналғанда, Павел былай деди: – Туўысқанларым! Мен халқымызға ямаса ата-бабаларымыздың үрп-әдетлерине қарсы ҳеш нәрсе ислемесем де Ерусалимде тутқын болып, римлилердиң қолына тапсырылдым.
18. Олар мени тергеп болғаннан соң, босатып жибермекши болды. Ѳйткени маған ѳлим жазасын беретуғындай ҳеш қандай тийкар жоқ еди.
19. Бирақ, яҳудийлер буған қарсы шыққанлықтан, мен Рим патшасы-Ќайсардың ҳүкимин талап етиўге мәжбүр болдым. Деген менен, буны мен ѳз халқымды айыпламақшы болып ислемедим.
20. Сонлықтан сизлерди бул жерге усылар ҳаққында сѳйлесип, ушырасыўға шақырдым. Себеби мен Израилдың үмити ушын мына шынжырлар менен байланғанман.
21. Олар Павелге: – Сен туўралы Яҳудиядан хат алмадық, ол жерден келген ѳзимиздиң адамлардың ҳеш бири сен туўралы жаман хабар да әкелмеди ямаса жаман нәрсе де айтпады.
22. Бирақ бизлер сениң пикириңди ѳзиңнен еситиўди қәлеймиз. Ѳйткени ҳәмме жерде сен тийисли болған бул топарға қарсы шығып атырғанын билемиз, – деди.
23. Олар Павел менен бир күнди белгилеп, сол күни кѳп адамлар менен бирге ол болып атырған жерге келди. Павел азаннан кешке дейин оларға Ќудайдың Патшалығы туўралы гүўалық берип, түсиндирди. Муўсаның Нызамына ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларына тийкарланып, оларды Ийса ҳаққында айтылғанларға исендириўге ҳәрекет етти.
24. Айырымлары Павелдиң сѳзлерине исенди, ал базылары исенбей қалды.
25. Ѳз ара бир келисимге келе алмай, Павел мына соңғы сѳзлерин айтып турғанда олар кете баслады: – Мухаддес Руўх Ийшая пайғамбар арқалы ата-бабаларыңызға былай сѳйлеп, дурыс айтқан:
26. «Бул халыққа барып, мыналарды айт: Тыңлап еситесизлер, бирақ ҳеш түсинбейсизлер, Ќарайсызлар, бирақ ҳеш кѳрмейсизлер.
27. Себеби бул халықтың кеўли қайсар болып, қулақлары питип қалған, олар кѳзлерин де жумып алған. Олай болмағанда, олардың кѳзлери кѳрер еди, қулақлары еситер еди, кеўиллери түсинер еди. Олар Маған қайтып келсе, Мен оларға шыпа берер едим».
28. Мынаны билип қойыңлар: Ќудай Ѳзиниң бул қутқарылыўын басқа миллетлерге берди. Олар буны қабыл алады.
29. -
30. Павел кирейге алған жайында толық еки жыл болып, ѳзин кѳриўге келгенлердиң ҳәммесин қабыл етти.
31. Ол батыллық пенен, ҳеш бир тосқынлықсыз Ќудайдың Патшалығы туўралы жәриялап, Ийемиз Ийса Масих ҳаққында тәлим берди.

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-1_bap (1.97 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-2_bap (3.16 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-3_bap (1.89 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-4_bap (2.71 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-5_bap (3.05 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-6_bap (1.16 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-7_bap (4.28 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-8_bap (2.65 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-9_bap (3.08 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-10_bap (3.24 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-11_bap (2.02 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-12_bap (2.02 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-13_bap (4.47 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-14_bap (2.09 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-15_bap (2.98 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-16_bap (2.89 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-17_bap (2.9 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-18_bap (2.17 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-19_bap (2.98 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-20_bap (3 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-21_bap (3.19 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-22_bap (2.78 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-23_bap (2.92 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-24_bap (2.12 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-25_bap (2.42 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-26_bap (3.27 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-27_bap (3.01 МБ)

Скачать Injil_Karakalpak_Elshiler-28_bap (2.61 МБ)