Инжил Каракалпак

Римлилерге жазылған хат

1. Ийса Масихтың қулы болған, елшиликке шақырылып, Кудайдың Хош Хабарын жєриялаў ушын таңланған мен, Павелден сєлем!
2. Усы Хош Хабарды Кудай Ѳз пайғамбарлары арқалы Мухаддес Жазыўларда єўелден ўєде еткен еди.
3. Бул Хош Хабар Кудайдың Улы ҳаққында болып, Ол адам сыпатында Даўыттың урпағынан туўылды ҳєм
4. Оның Мухаддес Руўх тєрепинен ѳлимнен қайта тирилиўи арқалы Кудайдың Улы екени қүдирет пенен дєлилленди. Кудайдың Улы – бул Ийемиз Ийса Масих.
5. Масихтың аты ушын, ҳємме миллетлерден болған адамлар исенсин ҳєм сѳзге бойсынсын деп, Ол арқалы бизлер Кудайдың мийримине ҳєм елшилик хызметине ийе болдық.
6. Ийса Масихқа тийисли болыў ушын таңланған сизлер де усы ҳєр түрли миллетлерденсиз.
7. Кудай сүйип, Ѳз мухаддеслери болыўға шақырған, Римдеги сизлердиң ҳєммеңизге Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих мийрим ҳєм тынышлық берсин!
8. Алды менен исенимиңиздиң даңқы пүткил дүньяға жайылғаны себепли, сизлердиң ҳєммеңиз ушын Ийса Масих арқалы Кудайыма шүкирлик билдиремен.
9. Улының Хош Хабарын жєриялаўда шын кеўлим менен мен хызмет етип атырған Кудайдың Ѳзи дуўа еткенимде сизлерди үзликсиз тилге алып атырғаныма гүўа.
10. Жєне де, енди сизлерге барыўым ушын Кудайдың қєлеўи менен жол ашылыўын да тынбастан сорап атырман.
11. Ѳйткени исенимиңиздиң беккем болыўы ушын сизлерге бир руўхый сыйды жеткерейин деп, мен сизлерди қатты кѳргим келип атыр.
12. Яғный, араңызда болғанымда бир-биримиздиң исенимимизден жигерленсек екен деймен.
13. Туўысқанларым, басқа миллетлер арасында болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да мениң ислеримниң жемиси болыўы ушын, жаныңызға келиўди кѳп мєртебе мақсет етсем де, бирақ ҳєзирге дейин тосқынлықларға дус келгенимнен бийхабар қалыўыңызды қєлемеймен.
14. Мениң парызым ҳєммеге: греклерге ҳєм грек емеслерге, билимли ҳєм билимсиз адамларға Хош Хабарды жєриялаўдан ибарат.
15. Сонлықтан қолымнан келгенше, Римде болған сизлерге де Хош Хабарды жєриялаўға таярман.
16. Себеби мен Хош Хабардан арланбайман. Хош Хабар – исенген ҳєр бир адамды, бириншиден яҳудийлерди, соңынан яҳудий емеслерди қутқара алатуғын Кудайдың күши.
17. Кудайдың адамды ақлайтуғыны Хош Хабарда ашық кѳрсетилген. Ақланыў исеним арқалы басланып, исенимди беккемлеп барады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ақланған адам исеними менен жасайды».
18. Ҳақыйқатқа ѳз наҳақлығы менен бѳгет болатуғын адамлардың барлық қудайсыз ҳєм наҳақ ислерине аспаннан Кудайдың ғєзеби тѳгиледи.
19. Ѳйткени Кудай ҳаққында билиўге мүмкин болған нєрселер оларға белгили. Кудайдың Ѳзи оларға усыларды мєлим еткен.
20. Дүнья жаратылғаннан бери Кудайдың кѳзге кѳринбейтуғын қєсийетлери, яғный шексиз қүдирети ҳєм қудайлығы Ол жаратқан барлықтан сезиледи ҳєм ашық кѳринеди. Солай етип, олар ѳзлерин ақлай алмайды.
21. Олар Кудайды билсе де, Оны Кудай деп уллыламады ҳєм Оған шүкирлик билдирмеди. Керисинше, олардың ой-қыяллары бос болып, ақылсыз кеўиллерин қараңғылық қаплады.
22. Ѳзлерин ақыллымыз деп санап, ақмақ болып шықты:
23. мєңги тири Кудайдың уллылығын басында ѳлим бар адамның, қуслардың, тѳрт аяқлы ҳайўанлардың ҳєм жер баўырлаўшылардың кѳринисиндеги бутларға алмастырды.
24. Сол себептен Кудай оларды жүреклериндеги ҳарам қєлеўлерине ҳєм бузықшылыққа тапсырып, бир-бириниң денесин ипласлаўына тосқынлық жасамады.
25. Олар Кудайдың ҳақыйқатын жалғанға алмастырды. Жаратқанға емес, ал жаратылған нєрсеге сыйынып, оған хызмет етти. Ал Кудай шексиз алғыс-мақтаўларға ылайықлы. Аўмийин.
26. Сонлықтан Кудай оларды уятсыз қєлеўлерине тапсырды. Ҳєтте, ҳаяллар да ер адам менен тєбийғый жынысый қатнасты қойып, ѳз ара тєбийғый емес қатнас жасады.
27. Сол сыяқлы, ер адамлар да ҳаял менен тєбийғый жынысый қатнасты қойып, бир-бирине бузық ҳєўес пенен ынтықты. Еркеклер еркеклер менен уятсыз ис-ҳєрекетлер ислеп, ѳз бузықшылығына ылайық жазасын алды.
28. Кудайды билиўди қєлемегенликтен, Кудай да оларды бузық ой-сезимлерине ҳєм ислеўге болмайтуғын ис-ҳєрекетлерди ислеўге тапсырды.
29. Олардың кеўиллери ҳєр түрли наҳақлыққа, жаўызлыққа, нєпсиқаўлыққа, жаманлыққа, күншилликке, қанхорлыққа, жєнжелкешликке, ҳийлекерликке ҳєм жаман нийетке толы. Олар жєне ѳсекши,
30. жалахор, Кудайды жек кѳриўши, хорлаўшы, менмен, мақтаншақ, жаманлық ислеўге шебер, ата-анасының сѳзин тыңламайтуғын,
31. ақылсыз, опасыз, жаўыз ҳєм реҳимсиз адамлар.
32. Бундай ислерди ислеўшилер ѳлимге ылайық, деген Кудайдың єдил ҳүкимин олар билсе де, бул ислерди тек ѳзлери ғана ислеп қоймай, ал усы ислерди ислеўшилерди де қоллап қуўатлайды.
1. Ал сен, басқа биреўди ҳүким етиўши ҳєй адам, ѳзиңниң ким болыўыңа қарамастан, ақлана алмайсаң. Сен басқа биреўди ҳүким етип турып, ѳзиңди де ҳүким етесең. Себеби сен, ҳєй ҳүким етиўши адам, ѳзиң де сондай ислерди ислейсең-ғо.
2. Сол ислерди ислеўшилерди Кудай єдиллик пенен ҳүким ететуғынын бизлер билемиз.
3. Сондай нєрселерди ислеўшилерди ҳүким еткен, бирақ ѳзи де солай ислеўши, ҳєй адам, сен Кудайдың ҳүкиминен қашып қутыламан деп ойлайсаң ба?
4. Я болмаса, Кудайдың кең пейиллилигиниң сени тєўбеге алып келетуғынын билмей, Оның шексиз кең пейиллилигин, сабырлылығын ҳєм шыдамлылығын писент етпейсең бе?
5. Сен ѳзиңниң ѳжетлигиң ҳєм тєўбеге келмейтуғын жүрегиң себепли, Кудайдың єдил ҳүкими шығарылатуғын ғєзеп күни ушын, ѳзиңе қарсы ғєзеп топламақтасаң.
6. Кудай ҳєр бир адамға ислеген исине ылайық қайтарады:
7. үзликсиз жақсылық ислеп, даңқ, ҳүрмет ҳєм мєңгиликти излегенлерге Кудай мєңгилик ѳмир береди.
8. Ал менмен болып, ҳақыйқатқа бойсынбай, наҳақ жолдан жүриўшилердиң үстине болса, ғєзеп ҳєм қєҳєрин тѳгеди.
9. Жаманлық ислеўши ҳєр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға Кудай қыйыншылық ҳєм қайғы жибереди.
10. Керисинше, жақсылық ислеўши ҳєр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға Ол даңқ, ҳүрмет ҳєм тынышлық береди.
11. Ѳйткени Кудай адамларды айырмайды.
12. Мухаддес Нызамды билмей гүна ислеген ҳємме адамлар Мухаддес Нызамға ийе болмай набыт болады. Ал Мухаддес Нызамды билип турып гүна ислеген ҳємме адамлар Мухаддес Нызам бойынша ҳүким етиледи.
13. Себеби Кудайдың алдында Мухаддес Нызамды еситкенлер емес, ал оны орынлайтуғынлар ақланады.
14. Мухаддес Нызамға ийе емес басқа миллетлер ҳүждан нызамы бойынша бул Мухаддес Нызамға ылайықлы ислерди ислесе, олар Мухаддес Нызамға ийе болмай тура, ѳзлери ушын ѳзлери нызам.
15. Солай етип, олар Мухаддес Нызамның буйрықларының жүреклеринде жазылғанын кѳрсетеди. Бул ҳаққында олардың ҳүжданы гүўалық береди ҳєм ойлары да оларды биресе айыплап, биресе ақлайды.
16. Мен жєриялап атырған Хош Хабар бойынша Кудай Ийса Масих арқалы адамлардың жасырын ой-қыялларын ҳүким ететуғын күни усылай болады.
17. Минекей, сен ѳзиңди яҳудиймен деп, Мухаддес Нызамға сүйенесең ҳєм Кудай менен айрықша қатнастаман деп мақтанасаң.
18. Сен Кудайдың еркин билесең ҳєм Мухаддес Нызамнан тєлим алғаның себепли, нениң дурыс ямаса нениң надурыс екенлигин айыра аласаң.
19. Мухаддес Нызамнан толық билим алғаның ҳєм ҳақыйқаттың негизин билгениң себепли, ѳзиңди соқырлардың жолбасшысы, қараңғылықта болғанлардың нуры,
20. ақылсыз адамлардың тєрбияшысы ҳєм гѳдеклердиң устазы деп есаплайсаң.
21. Олай болса, басқа биреўге тєлим берип турып, ѳзиңе неге тєлим бермейсең? Урлық ислемеўди жєриялап, ѳзиң неге урлық ислейсең?
22. «Бузықшылық ислеме» деп, ѳзиң неге бузықшылық ислейсең? Бутлардан жеркенип, неге бутлардың ибадатханаларын тонайсаң?
23. Мухаддес Нызам менен мақтанасаң, бирақ оны бузып, неге Кудайды ҳүрмет етпейсең?
24. Ѳйткени былай деп жазылған: «Сизлер себепли, басқа миллетлер арасында Кудайдың атына тил тийеди».
25. Егер Мухаддес Нызамды орынласаң, сүннеттиң пайдасы бар. Бирақ сен сүннетли болып турып Мухаддес Нызамды бузсаң, онда сүннетленбеген басқа миллет адамынан сениң ҳеш жериң артық емес.
26. Солай етип, сүннетсиз болғанлар Мухаддес Нызамның талапларын орынласа, онда олар Кудай тєрепинен сүннетлилер, яғный Ѳзиниң халқы деп есапланбай ма?
27. Денесиниң ети кесилип сүннет етилмеген, бирақ Мухаддес Нызамды орынлайтуғын адам жазылған Мухаддес Нызамға ҳєм сүннетке ийе болып турып, Мухаддес Нызамды бузыўшы сен яҳудийди айыпламас па екен?
28. Себеби тек сыртқы белгилери менен яҳудий болған адам ҳақыйқый яҳудий емес ҳєм денесиниң ети кесилип сүннет етилиў де ҳақыйқый сүннет етилиў емес.
29. Ал, ишки дүньясы менен яҳудий болған адам ғана ҳақыйқый яҳудий. Жєне де, ҳақыйқый сүннет – бул жазылған Мухаддес Нызам бойынша исленген сүннет емес, ал Мухаддес Руўх тєрепинен исленген жүректиң сүннети. Усындай сүннетке ийе болған адам адамлардың емес, ал Кудайдың мақтаўын алады.
1. Олай болса, яҳудий болыўдың қандай да бир артықмашылығы бар ма? Я болмаса, сүннетлениўдиң пайдасы бар ма?
2. Єлбетте, бар. Яҳудий болыў – ҳєр тєреплеме артықмашылыққа ийе. Ѳйткени ең алды менен Кудайдың сѳзлери оларға исенип тапсырылған.
3. Егер олардың айырымлары Кудайдың сѳзлерине садықсыз болып шыққан болса не болыпты? Олардың садықсызлығы Кудайдың садықлығын бийкарлай ала ма?
4. Ҳеш қашан! Ҳємме адамлар ѳтирикши болса да, Кудай ҳақ. Себеби Мухаддес Жазыўда Кудай ҳаққында былай делинген: «Ҳақ екениңди сѳзлериң менен кѳрсетесең, Сени айыплағанда, жеңиске ерисесең».
5. Бирақ, бизлердиң наҳақлығымыз Кудайдың ҳақлығын ашып кѳрсетсе, онда не деймиз? Кудай бизлерди ғєзеп пенен жазаласа, єдилсиз болғаны ма? (Мен буларды адамлардың ойы бойынша айтып атырман.)
6. Ҳеш қашан! Егер Кудай єдилсиз болса, Ол дүньяны ҳүким ете алар ма еди?
7. Деген менен, айырымлар былай деп сораў қойыўы мүмкин: «Егер мениң наҳақлығым Кудайдың ҳақлығының артып, Оның уллыланыўына хызмет етсе, сонда неге мен гүнакар болып ҳүким етилмектемен?»
8. Солай етип: «Жақсылық шықсын деп, жаманлық ислей берейик», – дейик пе? Базы адамлар бизлерге жала жаўып, усындай сѳзлерди айтты демекте. Бундай адамлар Кудайдың жазасына ылайықлы.
9. Енди не деўге болады? Биз яҳудийлер басқа миллетлерден артықпыз ба? Єлбетте, яқ! Ѳйткени єлле қашан дєлиллегенимдей, яҳудий де, басқа миллет адамы да, яғный ҳєр бир адам гүнаның бийлиги астында.
10. Мухаддес Жазыўларда айтылғандай: «Ҳеш бир ҳақ адам жоқ, бирде бири жоқ.
11. Саналы ҳеш бири жоқ. Кудайды излейтуғын ҳеш ким жоқ.
12. Ҳємме жолдан адасқан, барлығы жарамсыз болған. Жақсылық ислеўши ҳеш ким жоқ. Бирде бири жоқ».
13. «Олар сѳзлери менен адамларды ашық гѳрге тығар». «Тиллери менен алдайды, еринлеринде жылан зєҳєри».
14. «Аўызлары толы нєлет-ғарғыс сѳзлерге».
15. «Аяқлары шаққан қан тѳгиўге.
16. Олар қєдем басқан жерге келер қыйралыў ҳєм бєле.
17. Билмес олар тынышлық жолын».
18. «Кудайдан қорқыў да жоқ кеўиллеринде ».
19. Мухаддес Нызамда айтылғанлардың ҳєммеси Мухаддес Нызам астында болғанларға айтылғанын билемиз. Солай етип, ҳєр бир тил байланып, пүткил дүнья Кудайдың алдында есап береди.
20. Сонлықтан Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы ҳеш бир адам Кудайдың алдында ақлана алмайды. Керисинше, Мухаддес Нызам арқалы адам ѳзиниң гүнакар екенин билип алады.
21. Енди болса, Кудайдың адамды ақлайтуғын єдиллиги Мухаддес Нызамға байланыслы болмай-ақ ашық кѳрсетилди. Таўрат та, пайғамбарлардың Жазыўлары да бул ҳаққында гүўалық береди.
22. Кудайдың єдиллиги адамларды олардың Ийса Масихқа деген исеними арқалы ақлайды. Буны Ол исенетуғын ҳєр бир адам ушын ислейди. Себеби адамлар арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ.
23. Ѳйткени ҳємме гүна ислеген ҳєм Кудайдың салтанатынан айырылған.
24. Бирақ, адамлар Кудайдың мийрими менен, Ийса Масихтың қаны арқалы ешейин ақланады.
25. Масихқа деген исеним менен, Оның қаны арқалы гүналары кеширилсин деп, Кудай Масихты адамлар ушын қурбанлыққа бағышлады. Кудай бул арқалы Ѳз єдиллигин кѳрсетти. Себеби Кудай сабырлылық етип, бурыннан бери исленген гүналарды кеширди.
26. Жєне де, ҳєзирги ўақытта Ол єдиллигин дєлиллеп, Ѳзиниң ҳақ екенин ҳєм Ийсаға исенген ҳєр бир адамды ақлайтуғынын кѳрсетти.
27. Енди бизлер не менен мақтана аламыз? Ҳеш нєрсе менен. Кандай жол менен ақлана аламыз? Мухаддес Нызамды орынлаў жолы менен бе? Яқ, исеним менен.
28. Ѳйткени бизлер адамның Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеним менен ақланатуғынын мойынлаймыз.
29. Расында да, Кудай тек яҳудийлердиң Кудайы ма? Ол басқа миллетлердиң де Кудайы емес пе? Єлбетте, Ол басқа миллетлердиң де Кудайы.
30. Себеби сүннетли яҳудийлерди де, сүннетсиз болған басқа миллетлерди де тек исеним менен ақлайтуғын Кудай – жалғыз.
31. Солай етип, бизлер: «Адамлар тек исеним менен ақланады», – деп, Мухаддес Нызамды бийкарлаймыз ба? Яқ, керисинше, Оны тастыйықлаймыз.
1. Ал енди бизлердиң, яғный яҳудийлердиң түп бабасы Ибрайым ҳаққында не деймиз? Ол неге еристи?
2. Егер ол ислеген саўап ислери себепли ақланған болса, мақтаныўға ҳақысы болар еди. Бирақ, Кудайдың алдында мақтана алмайды.
3. Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ибрайым Кудайға исенди ҳєм сол себептен Кудай оны ақланған деп санады».
4. Мийнет еткенге тѳленген ҳақы сый емес, ал ис ҳақы болып есапланады.
5. Бирақ ким де ким ѳзиниң саўап ислерине емес, ал қудайсыз адамды да ақлайтуғын Кудайға исенсе, ол исеними себепли ақланған болып есапланады.
6. Минекей, саўап ислерине қарамай, Кудай тєрепинен ақланған деп есапланған адамның бахытлы екени ҳаққында Даўыт та былай деген:
7. «Наҳақ ислери кеширилип, гүналары жуўылған адамлар қандай бахытлы!
8. Кудай гүнасын есапқа алмайтуғын адам қандай бахытлы!»
9. Бул бахыт тек сүннетлилер ушын берилген бе? Я болмаса, сүннетсизлер ушын да ма? Бизлер: «Ибрайым ѳз исеними себепли ақланған деп саналды», – деген едик.
10. Ол қашан ақланған деп саналды? Сүннетленгеннен кейин бе ямаса сүннетленбестен бурын ба? Сүннетленгеннен кейин емес, ал сүннетленбестен бурын.
11. Сүннетленбесинен бурын исеними менен ақланғанының белгиси ретинде Ибрайым сүннетлеў рєсимин қабыл етти. Солай етип, ол сүннетсиз болған басқа миллет адамларының да ақланған болып есапланыўы ушын, исенетуғын усындай адамлардың ҳєммесиниң руўхый бабасы болды.
12. Бабамыз Ибрайым сүннетли яҳудийлердиң де руўхый бабасы. Бул олардың тек сүннетленгени себепли емес, ал Ибрайымда сүннетленбесинен алдын болған исеним менен жасағаны себепли болды.
13. Себеби Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеними арқалы ақланыўы ушын, Кудай Ибрайымға ҳєм оның урпақларына дүньяның мийрасхорлары болатуғынын ўєде етти.
14. Егер адамлар Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы мийрасхор болатуғын болса, онда исеним бийкар ҳєм ўєде де бос болар еди.
15. Ѳйткени Мухаддес Нызам Кудайдың ғєзебин келтиреди. Бирақ Мухаддес Нызам болмаған жерде нызамды бузыў да жоқ.
16. Усылай етип, Кудайдың ўєдеси тек исеним себепли бериледи. Ол тек Мухаддес Нызамға ийе болған яҳудий исениўшилерине ғана емес, ал Ибрайымның исенимине ийе болған басқа миллет исениўшилерине де,
17. яғный Ибрайымның пүткил урпағына Кудайдың мийрими бойынша бериледи. Мухаддес Жазыўда Кудайдың Ибрайымға: «Сени кѳп миллетлердиң бабасы қыламан», – деп айтқанындай, Ибрайым ѳзи исенетуғын Кудайдың, яғный ѳлилерди тирилтетуғын ҳєм жоқтан бар пайда қылатуғын Кудайдың алдында ҳєммемиздиң бабамыз.
18. Ҳеш үмити қалмаған ўақытта да Ибрайым үмитин үзбей, Кудайға исенди. Сонлықтан «Сениң урпағың есап-сансыз болады», – деп Кудайдың оған айтқанындай, ол кѳп миллетлердиң бабасы болды.
19. Жасы жүзге шамаласып, денесинде күш қалмағанын ҳєм ҳаялы Сараның да қурсағына бала питпейтуғынын ол билсе де, исенимин азайтпады.
20. Исенимсизлик етип, Кудайдың ўєдеси туўралы екиленбеди. Керисинше, исеними күшейип, Кудайды алғыслады.
21. Кудайдың Ѳз ўєдесин орынлайтуғын күшке ийе екенине ол толық исенди.
22. Єне, усы исеними себепли, Ибрайым ақланған деп саналды.
23. «Ақланған деп саналды», – деген сѳзлер тек Ибрайымға емес,
24. ал бизлерге де тийисли етип жазылған. Бизлер де Ийемиз Ийсаны ѳлимнен тирилткен Кудайға деген исенимимиз бенен ақланған болып есапланамыз.
25. Ийемиз Ийса гүналарымыз ушын ѳлимге тапсырылып, Кудайдың алдында бизлердиң ақланыўымыз ушын қайта тирилди.
1. Солай етип, исеним менен ақланғанымыз себепли, Ийемиз Ийса Масих арқалы Кудай менен жарастық.
2. Ийса Масих арқалы Кудайдың мийримине исенимимиз бенен ийе болып жасамақтамыз. Жєне де, Кудайдың уллылығына ерисиўден үмит етип, қуўанамыз.
3. Бизлер тек бул себепли емес, ал қыйыншылықлар себепли де қуўанамыз. Себеби қыйыншылықлардан сабырлылық,
4. сабырлылықтан жақсы минез-қулық, жақсы минез-қулықтан үмит пайда болатуғынын билемиз.
5. Сол үмит бизлерди уятқа қалдырмайды. Ѳйткени Кудай бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы жүреклеримизди Ѳз сүйиспеншилигине толтырды.
6. Аўа, ѳзлеримизди ақлаўға еле күшсиз болғанымызда Масих белгиленген ўақытта қудайсыз болған бизлер ушын ѳлди.
7. Ҳеш ким ҳақ адам ушын жанын ѳлимге қыймайды. Ҳєтте, ѳзине қєўендер болған адам ушын да жанын ѳлимге қыйыўды қєлейтуғын адамлар аз.
8. Бирақ, бизлер еле гүнакар болған ўақтымызда Масих бизлер ушын ѳлди. Бизлерге деген сүйиспеншилигин Кудай усылай дєлилледи.
9. Сонлықтан енди Масихтың қаны арқалы ақланғанымыз себепли, Ол арқалы Кудайдың ғєзебинен қутқарылатуғынымыз да анық.
10. Себеби бизлер Кудайдың душпаны болсақ та, Оның Улының ѳлими арқалы Кудай менен жарастық. Енди Кудай менен жарасып, Оның Улының ѳмири арқалы қутқарылатуғынымыз да анық.
11. Жєне де, буның менен шекленип қоймай, бизлерди енди Кудай менен жарастырған Ийемиз Ийса Масих арқалы Кудай менен қатнаста болып қуўанамыз.
12. Дүньяға бир адам арқалы, яғный Адам-ата арқалы гүна келди, ал гүна себепли ѳлим келди. Солай етип, ҳеш бир адам ѳлимнен қашып қутыла алмайтуғын болды. Ѳйткени ҳємме гүна ислеген еди.
13. Мухаддес Нызам берилместен бурын да дүньяда адамлар гүна ислейтуғын еди. Бирақ, Мухаддес Нызам болмаған ўақытта гүна гүна деп есапланбады.
14. Деген менен, Адам-атадан Муўсаға дейин жасағанлар Адам-ата ислеген сол гүнаны ислемеген болса да, ѳлим олардың үстинен ҳүкимдарлық етти. Ал Адам-ата келиўи тийис Адамның, яғный Масихтың тымсалы.
15. Бирақ, олар арасында үлкен айырмашылық бар. Кудайдың сыйы Адам-атаның гүнасына уқсамайды. Себеби бир адамның гүнасы себепли кѳп адамлар ѳлген болса да, Кудайдың мийрими ҳєм басқа бир адамның, яғный Ийса Масихтың мийрими менен берилген сыйды кѳп адамлар мол-молақай етип алды.
16. Кудайдың сыйының нєтийжеси менен бир адамның гүнасының нєтийжеси бирдей емес. Адам-атаның гүнасының ақыбети ҳүким етилиўге алып келди, бирақ Кудайдың сыйы себепли, кѳп гүналарымызға қарамастан, бизлерге ақланыў келди.
17. Бир адамның гүнасы себепли, сол адам арқалы пүткил адамзат үстинен ѳлим бийлик еткен болса, енди тек бир адам, яғный Ийса Масих арқалы Кудайдың мол мийримин алып ақланғанлар үстинен ѳмир бийлик етеди.
18. Солай етип, бир адамның гүнасы себепли пүткил адамзат ҳүким етилген болса, бир адамның ҳақ иси себепли пүткил адамзат ақланып, ѳмирге еристи.
19. Бир адамның бойсынбағаны себепли кѳп адамлар гүнакар болып қалғанындай, бир адамның бойсынғаны себепли кѳп адамлар ақланады.
20. Адамлар ѳзлериниң қаншелли гүнакар екенин билиў ушын Мухаддес Нызам берилди. Бирақ, гүна кѳбейген сайын, Кудайдың мийрими оннан да артып барды.
21. Солай етип, гүна ѳлим арқалы бийлик еткендей, Кудайдың мийрими де ақлаўы арқалы бийлик етип, Ийемиз Ийса Масих себепли мєңгилик ѳмирге еристиреди.
1. Олай болса, не деймиз? Кудайдың мийрими кѳбейсин деп, гүна ислеўди даўам еттире берейик пе?
2. Ҳеш қашан! Бизлер гүна ушын ѳлгенбиз. Енди қалайынша, гүна ислеўди даўам еттирип жасай аламыз?
3. Бизлер Масих Ийса менен байланысқа ийе болып, суўға шомылдырылғанымызда ҳєммемиз де Оның ѳлимине шерик болып, суўға шомылдырылғанымызды билмейсизлер ме?
4. Масихқа исенип, суўға шомылдырылыў арқалы Оның менен бирликте ѳлип, кѳмилдик. Солай етип, Кудай Єкемиздиң қүдирети менен Масих ѳлимнен қайта тирилип, ѳмирге ерискендей, бизлер де жаңа ѳмирге ерисемиз.
5. Егер бизлер Масихтың ѳлимине шерик болып, Оның менен бирлескен болсақ, онда Оның қайта тирилиўине де шерик болып, Оның менен бирлесемиз.
6. Гүнакар тєбиятымыздың күшин жоқ қылып, ендигиден былай гүнаға қул болмаўымыз ушын, бизлердиң ески гүнакар ѳзлигимиздиң Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенин билемиз.
7. Ѳйткени ѳлген адам гүнаның бийлигинен азат.
8. Егер бизлер Масих пенен бирге ѳлген болсақ, Оның менен бирге жасайтуғынымызға да исенемиз.
9. Себеби Масихтың ѳлимнен тирилип, қайтып ѳлмейтуғынын ҳєм енди ѳлимниң Оның үстинен ҳүкимдарлық ете алмайтуғынын бизлер билемиз.
10. Масих гүнаны жоқ қылыў ушын биринши ҳєм соңғы мєрте ѳлди. Ал енди болса, Ол Кудай ушын жасап атыр.
11. Сонлықтан сизлер де ѳзлериңизди гүна ушын ѳли деп, ал Масих Ийса менен қатнаста болып, Кудай ушын тири деп есаплаңлар.
12. Солай етип, денеңиздиң жаман қєлеўлерине бойсынбаўыңыз ушын, гүнаның ѳткинши денеңизди басқарыўына жол қоймаңлар.
13. Денеңиздиң мүшелерин наҳақлықтың қуралы қылып, гүна ислеўге тапсырмаңлар. Керисинше, ѳлимнен қайта тирилгенлер сыпатында, ѳзлериңизди Кудайға бағышлаңлар. Денеңиздиң мүшелерин де ҳақлықтың қуралы қылып, Кудайға арнаңлар.
14. Сонда гүна сизлердиң үстиңизден ҳүкимдарлық етпейди. Ѳйткени сизлер нызамның бийлиги астында емес, ал Кудайдың мийриминиң бийлиги астында жасайсыз.
15. Олай болса, не дейик? Нызамның бийлиги астында емес, ал Кудайдың мийриминиң бийлиги астында жасап атырғанымыз себепли гүна ислей берейик пе? Ҳеш қашан!
16. Бойсынатуғын қуллар сыяқлы, ѳзлериңизди кимниң бийлигине тапсырып бойсынсаңыз, соның қулы болатуғыныңызды билмейсизлер ме? Сизлер я ѳлимге жетелеўши гүнаның, я ақланыўға жетелеўши бойсыныўшылықтың қулы боласызлар.
17. Бирақ, Кудайға шүкир! Бурын гүнаның қулы болған сизлер енди ѳзлериңизге тапсырылған тєлийматқа шын жүректен бойсындыңлар
18. ҳєм гүнаның бийлигинен азат болып, ҳақлықтың қуллары болдыңлар.
19. Түсиниўиңизге аңсат болыў ушын, єпиўайы сѳзлер менен айтып атырман: бурын денеңиздиң мүшелерин ипласлыққа ҳєм наҳақ ислерди ислеў ушын наҳақлыққа қул қылып бағышлайтуғын едиңиз, ал енди мухаддес болыўыңыз ушын, оларды ҳақлыққа қул қылып бағышлаңлар.
20. Сизлер гүнаның қулы болғаныңызда, ҳақлықтың бийлигинен азат едиңлер.
21. Бурын ислеген ислериңизден ҳєзир ѳзлериңиз де уяласыз. Сол ўақытлары усы ислерден не арттырған едиңиз? Олардың ақыры ѳлим еди-ғо.
22. Бирақ енди болса, сизлер гүнаның бийлигинен азат етилип, Кудайдың қуллары болдыңлар. Сол себептен мухаддесликке ерисип, ақырында мєңгилик ѳмир аласыз.
23. Себеби гүнаның тѳлеми – ѳлим, ал Кудайдың сыйы – Ийемиз Масих Ийса арқалы берилетуғын мєңгилик ѳмир.
1. Ҳєй, Мухаддес Нызамды билиўши туўысқанларым, мен сизлерге қарата айтып атырман: Мухаддес Нызамның адам үстинен тек тири ўақтында ғана бийлик жүргизетуғынын билмейсизлер ме?
2. Мысалы: күйеўи бар ҳаял күйеўиниң кѳзиниң тирисинде оған нызам бойынша байланған болады. Бирақ, күйеўи қайтыс болса, ҳаял неке нызамынан азат болады.
3. Солай етип, ҳаял күйеўиниң кѳзиниң тирисинде басқа бир еркек пенен жасаса, неке ҳадаллығын бузған болып есапланады. Бирақ, күйеўи ѳлсе, ҳаял нызам бойынша азат болады. Ол басқа бир еркекке турмысқа шықса да, неке ҳадаллығын бузған болмайды.
4. Сол сыяқлы, туўысқанларым, сизлер де Басқаға, яғный ѳлимнен қайта тирилген Масихқа тийисли болыўыңыз ушын, Масихтың денесиниң атанақ ағашта ѳлгени арқалы Мухаддес Нызам алдында ѳлгенсиз. Бул ҳєммемиздиң Кудайға хызмет етип, жемис бериўимиз ушын болды.
5. Ѳйткени бурын бизлер гүнакар тєбиятымызға бойсынып жасағанымызда, Мухаддес Нызам себепли пайда болған гүнакар қєлеўлер денемиздиң мүшелеринде ҳєрекет ететуғын еди. Соның нєтийжесинде, бизлер ѳлимге жетелеўши жемислер беретуғын едик.
6. Енди болса, бизлер бурын ѳзлеримизди байлап қойған Мухаддес Нызам ушын ѳлип, Мухаддес Нызамнан азат болдық. Солай етип, жазылған Мухаддес Нызам бойынша басқарылатуғын ески жол менен емес, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын жаңа жол менен Кудайға хызмет етпектемиз.
7. Олай болса, не дейик? Мухаддес Нызам жаман болғаны ма? Ҳеш қашан! Бирақ, егер Мухаддес Нызам болмағанда, мен гүнаның не екенин билмеген болар едим. Егер Мухаддес Нызам: «Басқа биреўдиң нєрсесин күсеме», – демегенде, мен күсеўдиң гүна екенин билмеген болар едим.
8. Деген менен, гүна усы буйрықтан пайдаланып, менде ҳєр түрли күсеўлерди пайда етти. Себеби Мухаддес Нызам болмаса, гүна ѳли болады.
9. Мен бир ўақытлары Мухаддес Нызамды билмей жасағанымда тири едим. Бирақ, Кудайдың буйрықларын билгенимнен соң, менде гүна тирилип, ҳєрекет ете баслады,
10. ал мен ѳлдим. Солай етип, ѳмирге ийе болыў ушын берилген бул буйрықлар мениң ѳлимиме себепши болды.
11. Ѳйткени гүна буйрықтан пайдаланып, мени алдады ҳєм усы буйрық арқалы мени ѳлтирди.
12. Солай болса да, Мухаддес Нызам – мухаддес, Кудайдың буйрықлары да мухаддес, ҳақ ҳєм жақсы.
13. Солай екен, жақсы нєрсе маған ѳлим алып келди ме? Ҳеш қашан! Гүна маған жақсы нєрсе арқалы ѳлим алып келди. Бул гүнаның гүна болып ашық билиниўи ушын болды. Солай етип, буйрық арқалы гүнаның қаншелли жаман екени белгили болады.
14. Бизлер Мухаддес Нызамның Кудайдан келгенин билемиз. Ал мен гүнаға қул болып сатылған, ѳткинши денеге ийе адамман.
15. Мен не ислеп атырғанымды ѳзим түсинбеймен. Себеби мен қєлеген нєрсемди емес, ал жек кѳретуғын нєрсемди ислеймен.
16. Егер мен қєлемеген нєрсемди ислеп атырғанымда исимниң жаман екенин мойынласам, онда Мухаддес Нызамның жақсы екенин мақуллаған боламан.
17. Олай болса, бул исти мениң ѳзим емес, ал ишимде жасайтуғын гүна ислеп атырған болады.
18. Мениң ишимде, яғный гүнакар тєбиятымда ҳеш бир жақсы нєрсениң жоқ екенин билемен. Ишимде жақсылық ислеўге қєлеў болса да, күшим жетпейди.
19. Ѳйткени ѳзим ислеўди қєлейтуғын жақсы исти емес, ал керисинше, ислеўди қєлемейтуғын жаман исти ислеймен.
20. Егер мен ѳзим қєлемейтуғын нєрсени ислесем, онда оны мениң ѳзим емес, ал ишимде жасайтуғын гүна ислеген болады.
21. Солай етип, мен ѳзимде мынадай нызамның бар екенин билдим: мен жақсы нєрсени ислеўди қєлегенимде, ишимдеги жаманлық ҳєрекет етиўге таяр турады.
22. Мен руўхым менен Кудайдың Нызамын қуўанышлы түрде мақуллайман.
23. Бирақ, денемниң мүшелеринде басқа бир нызамды байқайман. Ол мениң сана-сезимимниң нызамына қарсы урысып, мени денемниң мүшелериндеги гүна нызамына тутқын етеди.
24. Ўаҳ, сорлы басым! Ѳлимге жетелеўши бул денеден мени ким қутқарады?
25. Ийемиз Ийса Масих арқалы тек жалғыз Кудай ғана қутқарады! Кудайға шүкирлер болсын! Солай етип, мен ѳз сана-сезимим менен Кудайдың Нызамына, ал гүнакар тєбиятым менен гүнаның нызамына хызмет етип атырман.
1. Солай етип, Масих Ийсаға тийисли болғанларға қарсы енди ҳеш қандай ҳүким жоқ.
2. Себеби Масих Ийса арқалы ѳмир беретуғын Мухаддес Руўхтың нызамы мени гүнаның ҳєм ѳлимниң нызамынан азат қылды.
3. Адамның гүнакар тєбияты күшсиз болғанлықтан, адам Мухаддес Нызамды толық орынлай алмады. Сонлықтан Мухаддес Нызам адамды қутқара алмады, бирақ оны Кудайдың Ѳзи қутқарды: Кудай Ѳз Улын адам денесинде бул дүньяға жиберип, Оны гүналар ушын тѳленетуғын қурбанлық қылып бағышлады ҳєм бизлердиң гүналарымыз жүкленген Ѳз Улының денесин ҳүким етти.
4. Солай етип, Кудай буны гүнакар тєбиятымыздың емес, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғын бизлердиң ѳмиримизде Мухаддес Нызамның єдил талаплары орынлансын деп иследи.
5. Ѳйткени гүнакар тєбиятының жетелеўи менен жүретуғынлар ѳз гүнакар тєбиятының қєлейтуғын нєрселерин ойлайды, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғынлар Мухаддес Руўхтың қєлейтуғын нєрселерин ойлайды.
6. Гүнакар тєбият басқаратуғын ой-пикирлер ѳлимге, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын ой-пикирлер ѳмирге ҳєм тынышлыққа еристиреди.
7. Себеби гүнакар тєбият басқаратуғын ой-пикирге ийе адам – Кудайға душпан. Ол Кудайдың Нызамына бойсынбайды ҳєм бойсына алмайды да.
8. Ким де ким гүнакар тєбиятының жетелеўи менен жүрсе, ол Кудайға унай алмайды.
9. Бирақ, ишиңизде Кудайдың Руўхы жасап атырған болса, онда сизлерди гүнакар тєбиятыңыз емес, ал Мухаддес Руўх басқарып атырған болады. Ким де ким Масихтың Руўхына ийе болмаса, ол Масихқа тийисли емес.
10. Ал егер ишиңизде Масих жасап атырған болса, денеңиз гүна себепли ѳлетуғын болса да, руўхыңыз ақланғаныңыз себепли тири болады.
11. Ийсаны ѳлимнен қайта тирилткен Кудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырған болса, онда Масих Ийсаны ѳлимнен қайта тирилткен Кудай ишиңизде жасап атырған Ѳз Руўхы арқалы ѳлетуғын денеңизди де тирилтеди.
12. Солай етип, туўысқанларым, бизлер гүнакар тєбиятымызға бойсынып, оның жетелеўи менен жүриўге парызлы емеспиз.
13. Ѳйткени егер гүнакар тєбиятыңыздың жетелеўи менен жүрсеңиз, ѳлесиз. Ал гүнакар тєбиятыңыздың жаман ислеринен Мухаддес Руўхтың күши менен толық ўаз кешсеңиз, жасайсыз.
14. Кудайдың Руўхы менен басқарылатуғынлардың ҳєммеси – Кудайдың балалары.
15. Себеби сизлер ѳзлериңизди жєне қул етип, қорқыныш беретуғын руўхты емес, ал Кудайдың баласы қылған Мухаддес Руўхты қабыл еттиңиз. Усы Руўх арқалы Кудайды: «Єке, Єкежаным!» деп шақырасыз.
16. Мухаддес Руўхтың Ѳзи бизлердиң руўхымыз бенен бирликте Кудайдың балалары екенлигимиз ҳаққында гүўалық береди.
17. Егер бизлер Кудайдың балалары болсақ, онда мийрасқа ийе боламыз. Масих пенен бирге уллыланыў ушын, Оның менен бирге азап шексек, онда бизлер Масих пенен бирге мийрасқа шерик болған Кудайдың мийрасхорларымыз.
18. Мениң ойымша, ҳєзирги қыйыншылықлар келешекте бизлерге берилетуғын уллылыққа салыстырғанда ҳеш нєрсе емес.
19. Соның менен бирге, пүткил жаратылыс Кудайдың Ѳз балаларын ашық кѳрсететуғын күнди интизарлық пенен күтпекте.
20. Ѳйткени пүткил жаратылыс бул ѳткинши ѳмирге тутқын етилген. Бул олардың ѳзлериниң ерки менен емес, ал тутқын қылған Кудайдың ерки менен болған.
21. Олар ѳзлериниң бул набыт қылыўшы қуллықтан қутқарылатуғынынан ҳєм Кудайдың балаларының уллы азатлыққа ерисетуғынынан үмит етеди.
22. Бизлерге мєлим, пүткил жаратылыс ҳєзирге дейин бирликте толғақ азабын шеккендей азап шегип, нала етпекте.
23. Тек жаратылыс емес, ал Кудайдың биринши сыйы болған Мухаддес Руўхты алған бизлер де перзент болып асырап алыныўды, яғный денемиздиң қутқарылыўын интизарлық пенен күтип, ишимизден нала етпектемиз.
24. Себеби бизлер қутқарылғанымыз себепли үмитке ийемиз. Егер бизлер ѳзлеримиз үмит ететуғын нєрсени кѳрип турған болсақ, онда ол үмит емес. Кѳзге кѳринип турған нєрсени ким үмит етеди?
25. Бирақ, еле кѳрмегенимизге үмит етсек, оны сабырлылық пенен күтемиз.
26. Соның менен бирге, Мухаддес Руўх та ҳєлсиз болған бизлерге жєрдем береди. Ѳйткени бизлер қалай дуўа етиў кереклигин билмеймиз. Бирақ, Мухаддес Руўхтың Ѳзи сѳз бенен айтып жеткизе алмайтуғын нала шегип, бизлер ушын Кудайдан ѳтиниш етеди.
27. Адамлардың кеўиллеринде не бар екенин билиўши Кудай Мухаддес Руўхтың ой-пикирлерин биледи. Себеби Мухаддес Руўх исениўшилер ушын Кудайдың ерки бойынша ѳтиниш етеди.
28. Кудай Ѳзин сүйетуғынларға, яғный Оның қєлеўи бойынша таңланғанларға ҳємме нєрсени жақсылық қылып хызмет еттиретуғынын билемиз.
29. Ѳйткени Кудай Ѳзи бурыннан таңлаған адамларының Улына уқсаўы ушын оларды алдын ала белгиледи. Солай етип, Кудай Ѳз Улының кѳп туўысқанлар арасында туңғыш болыўы ушын усылай иследи.
30. Кудай Ѳзи алдын ала белгилеген адамларын шақырды, шақырған адамларын ақлады, ал ақлаған адамларын уллылыққа еристирди.
31. Олай болса, буған не деймиз? Егер Кудай бизлерди жақласа, бизлерге ким қарсы тура алады?
32. Кудай, ҳєтте, Ѳз Улын да аямай, Оны бизлердиң ҳєммемиз ушын қурбанлық қылып бағышлаған болса, Оның менен бирликте бизлерге ҳємме нєрсени бермес пе екен?
33. Кудайдың таңлап алған адамлары болған бизлерди ким айыплай алады? Кудайдың Ѳзи бизлерди ақлайды-ғо.
34. Ким бизлерди ҳүким ете алады? Ҳеш ким! Себеби ѳлип, ѳлимнен қайта тирилген Масих Ийса Кудайдың оң жағында турып, бизлер ушын ѳтинбекте.
35. Масихтың сүйиспеншилигинен бизлерди ким айыра алады? Ҳеш ким. Кыйыншылық та, қайғы да, қуўдалаў да, ашлық та, жалаңашлық та, қєўип те, қылыш та айыра алмайды.
36. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Бизлер Сениң ушын ҳєр күни ѳлтирилмектемиз, Бизлерди шалынатуғын қойлар деп есаплайды».
37. Бирақ, булардың ҳєммесиниң үстинен бизлерди сүйетуғын Масих себепли үлкен жеңиске ерисемиз.
38. Ѳйткени мен исенемен: ѳлим де, ѳмир де, периштелер де, ҳєкимшиликлер де, ҳєзирги ҳєм келешек заман да, күшлер де,
39. бєлентлик те, тереңлик те, улыўма, жаратылған ҳеш бир нєрсе Кудайдың бизлерге Ийемиз Масих Ийса арқалы берген сүйиспеншилигинен бизлерди айыра алмайды.
1. Масихқа тийисли адам сыпатында ҳақыйқатын айтып атырман, ѳтирик сѳйлеп турғаным жоқ. Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын ҳүжданым да буған гүўа:
2. жүрегимде үлкен бир қайғым ҳєм таўсылмас бир дєртим бар.
3. Канымыз бир болған туўысқанларым, яғный израиллылардың қутқарылыўы ушын, мениң Кудайдың ғарғысына ушырап, Масихтан аласлатылыўым керек болса, мен қайыл болар едим.
4. Кудай оларды балалары қылып асырап алған, оларға Ѳз уллылығын берип, олар менен келисим дүзген. Оларға Мухаддес Нызамын ҳєм Кудайға хызмет етиў қағыйдаларын тапсырып, ўєделерин де берген.
5. Олар уллы ата-бабаларымыздың урпақлары ҳєм Масих та адам денесинде олардың урпағынан келип шыққан. Масих – ҳєммениң үстинен ҳүкимдар болған, шексиз алғыс-мақтаўларға ылайық Кудайдың Ѳзи. Аўмийин.
6. Мен Кудайдың сѳзи орынланбады, демекши емеспен. Себеби Израилдың урпағы болғанлардың ҳєммеси де ҳақыйқый израиллылар емес.
7. Жєне де, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳєммеси де Ибрайымның ҳақыйқый балалары емес. Кудай Ибрайымға: «Балаң Ысақтан туўылғанларды ғана сениң ҳақыйқый урпақларың деп есаплайман», – деген еди.
8. Демек, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳєммеси де Кудайдың балалары емес. Ал Кудайдың Ибрайымға берген ўєдеси бойынша туўылғанлар ғана Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болып есапланады.
9. Ѳйткени Кудайдың Ибрайымға берген ўєдеси мынадай еди: «Келеси жылы усындай ўақытта келгенимде, Сара уллы болады».
10. Соның менен бирге, Ребекка да бабамыз Ысақтан ҳємледар болып, егиз улларды туўды.
11. Бирақ, бул балалар туўылмастан алдын ҳєм олар еле жақсы ямаса жаман бир нєрсе ислеместен бурын Кудай Ребеккаға:
12. «Үлкени кишкенесине хызмет етеди», – деген еди. Солай етип, Кудай усы еки баладан биреўин таңлап алғанда, оны ислерине қарап емес, ал белгилеген жобасының иске асыўы ушын, Ѳз ерки менен таңлап алды.
13. Ҳєтте, Кудай Мухаддес Жазыўда: «Яқыпты сүйдим, ал Исабты жек кѳрдим», – деген.
14. Олай болса, не деймиз? Кудай єдилсиз болғаны ма? Ҳеш қашан!
15. Себеби Кудай Муўсаға былай деген: «Кимге мийрим-шєпєєтимди бериўди қєлесем, Соған мийрим-шєпєєтимди беремен, Кимге реҳим етиўди қєлесем, Соған реҳим етемен».
16. Солай етип, таңланыў адамның қєлеўине ямаса тырысыўына емес, ал Кудайдың мийрим-шєпєєтине байланыслы.
17. Ѳйткени Кудай Мухаддес Жазыўда Фараонға былай деген: «Күдиретимди сен арқалы кѳрсетиў ушын, Атым пүткил жер жүзине жєрияланыўы ушын, Сени мєртебели қылдым».
18. Солай етип, Кудай қєлеген адамына мийрим-шєпєєтин береди ҳєм қєлеген адамын тас баўыр қылады.
19. Енди сен меннен: «Егер Кудай усылай ислесе, Ол неге адамды айыплайды? Оның еркине ким қарсы тура алады?» – деп сораўың мүмкин.
20. Бирақ, ҳєй адам, Кудайға қарсылық кѳрсететуғындай, сен кимсең? Дѳретилген нєрсе ѳзин дѳреткенге: «Мени неге бундай қылып дѳреттиң?» – дей ме?
21. Я болмаса, гүлалшы бир ылайдан еки ыдыс соққанда, биреўин қымбатлы ис ушын қолланылатуғын ыдыс, ал екиншисин єпиўайы ис ушын қолланылатуғын ыдыс қылып соғыўға ҳақылы емес пе?
22. Кудай да усылай ис тутады. Ол набыт қылыныўға ҳєм Ѳзиниң ғєзебине ушыраўға ылайықлы адамларға ғєзебин тѳгип, күшин кѳрсетиўди қєлесе де, оларға үлкен сабырлылық кѳрсетти.
23. Жєне де, Кудай мєртебеге еристириў ушын Ѳзи алдын ала таярлап қойған адамларына реҳмин берип, Ѳзиниң шексиз уллылығын кѳрсетти.
24. Тек яҳудийлер арасынан емес, ал басқа миллетлер арасынан да Кудай таңлаған усы адамлар – бизлермиз.
25. Осия пайғамбардың китабында Кудай былай деген: «Халқым болмаған халықты, „халқым“ деп, Сүймегенимди „сүйиклим“ деп атайман».
26. «„Сизлер мениң халқым емессиз“, – деген жерде, Тири Кудайдың балалары деп аталасыз».
27. Ийшая пайғамбар да Израил туўралы бєлент даўыс пенен былай дейди: «Израил халқының саны теңиз қумындай кѳп болса да, Олардан тек аз ғанасы қутқарылады.
28. Себеби Ийемиз шығарған ҳүкимин, Жер жүзинде тез ҳєм толық ємелге асырады».
29. Ийшая пайғамбардың болжап айтқанындай: «Егер Күдиретли Ийемиз, Бизлерден нєсил қалдырмағанда, Бизлер Содом қаласы сыяқлы болып, Гомора қаласына уқсап қалар едик» .
30. Олай болса, не деймиз? Кудай алдында ақланыўға тырыспаған басқа миллет адамлары ѳз исеними арқалы ақланды.
31. Ал Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланыўға тырысқан Израил халқы Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақлана алмады.
32. Не ушын? Ѳйткени олар ақланыўға исеними арқалы емес, ал саўап ислери арқалы ерисиўге тырысты. Сонлықтан олар сүрниктиретуғын тасқа сүрнигип қулады.
33. Мухаддес Жазыўда: «Минекей, Мен Ерусалимде бир тасты, Сүрниктиретуғын ҳєм қулататуғын жартасты орнатаман. Бирақ, Оған исенген адам уятқа қалмайды», – делинген.
1. Туўысқанларым! Мениң жүрегимдеги єрманым ҳєм Кудайдан жалбарынатуғын тилегим – бул халқым болған израиллылардың қутқарылыўы.
2. Олардың Кудайға инталы екенине ѳзим гүўаман. Бирақ, бул инта ҳақыйқый түсиникке тийкарланбаған.
3. Себеби олар Кудайдың ақлаў жолын түсинбей, ақланыўға Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ерисиўге тырысып, Кудайдың ақлаў жолын қабыл етпеди.
4. Масих Мухаддес Нызамның талапларын толық орынлағанлықтан, Оған исенген ҳєр бир адам Кудай алдында ақланады.
5. Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ақланыў ҳаққында Муўса мыналарды жазады: «Мухаддес Нызамдағы буйрықларды орынлаған адам олар арқалы жасайды».
6. Ал исеним арқалы ақланыў ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Кеўлиңде: „Масихты жерге түсириў ушын ким аспанға шығады?“
7. ямаса: „Масихты ѳлимнен тирилтиў ушын ким түпсиз туңғыйыққа түседи?“ – деме».
8. Бирақ, Мухаддес Жазыў не демекте? «Кудайдың сѳзи саған жақын, Ол сениң аўзыңда ҳєм жүрегиңде». Бизлер жєриялап атырған исеним ҳаққында сѳзлер – усылар болады.
9. Егер сен Ийсаны «Ийем» деп аўзың менен ашық тєн алсаң ҳєм Кудайдың Оны ѳлимнен тирилткенине шын жүректен исенсең, қутқарыласаң.
10. Ѳйткени адам шын жүректен исенгени арқалы ақланады ҳєм исеними ҳаққында аўзы менен ашық тєн алғаны арқалы қутқарылады.
11. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оған исенген ҳеш бир адам уятқа қалмайды».
12. Себеби яҳудий менен гректиң арасында айырмашылық жоқ. Олардың ҳєммесиниң Ийеси бир. Ол Ѳзин шақырғанлардың ҳєммесине сақый.
13. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ийемиздиң атын айтып шақырған ҳєр бир адам қутқарылады».
14. Бирақ, Кудайға исенбей турып, Оны қалай шақырыўға болады? Ол туўралы еситпей турып, Оған қалай исениўге болады? Кудай ҳаққында сѳзди жєриялаўшы болмаса, қалай еситиўге болады?
15. Сѳзди жєриялаўға жиберилмесе, оны қалай жєриялайды? Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Хош Хабарды жєриялаўшылардың аяқлары қандай єжайып!»
16. Деген менен, Хош Хабарға израиллылардың ҳєммеси де исене бермеди. Ийшая пайғамбардың айтқанындай: «Ийем! Бизлер айтқан хабарға ким исенди?»
17. Демек, исеним еситиў арқалы пайда болады, ал еситиў Масих ҳаққында сѳздиң жєрияланыўы арқалы болады.
18. Бирақ, мениң сорайтуғыным мынаў: израиллылар еситпеди ме? Єлбетте, еситти. «Аспан денелериниң даўыслары пүткил жер жүзине, Сѳзлери дүньяның тѳрт мүйешине жетип барды».
19. Мен жєне бир нєрсени сорамақшыман: Израил түсинбеди ме? Дєслеп Муўса арқалы Кудай былай деген еди: «Мен сизлерде халқым болмаған халық арқалы қызғаныш пайда етемен, Түсиниги аз болған халық арқалы ғєзебиңизди келтиремен».
20. Соңынан Ийшая пайғамбар Кудайдың сѳзлерин батырлық пенен айтып: «Мени излемегенлер тапты, Мени сорамағанларға Ѳзимди кѳрсеттим», – деген еди.
21. Ал, Израил халқы ҳаққында Кудай былай дейди: «Сѳзимди тыңламайтуғын қайсар бир халыққа, Күни бойы қушағымды ашып турдым».
1. Олай болса, мен мына нєрсени сорап атырман: Кудай Ѳз халқынан жүз бурды ма? Ҳеш қашан! Мен де Ибрайымның урпағынан, Бенамин урыўынан шыққан израиллыман.
2. Кудай Ѳзи бурыннан таңлаған халқынан жүз бурмады. Мухаддес Жазыўдың Илияс пайғамбар туўралы жазылған жеринде не айтылғанын билмейсизлер ме? Илияс Израил үстинен Кудайға шағым жасап былай деген еди:
3. «Ийем! Олар Сениң пайғамбарларыңды ѳлтирди, Саған қурбанлық шалынатуғын жерлерди қыйратты. Тек жалғыз мен ғана қалдым. Олар мени де ѳлтириўге ҳєрекет етпекте».
4. Оған Кудай не деп жуўап берген еди? «Баалдың алдында дизе бүкпеген жети мың адамды Мен Ѳзим ушын ажыратып алдым».
5. Сол сыяқлы, ҳєзирги ўақытта да израиллылар арасында Кудайдың мийрими менен таңланған аз ғана адамлар бар.
6. Олар саўап ислери себепли емес, ал Кудайдың мийрими менен таңлап алынды. Егер олар саўап ислери себепли таңлап алынғанда, мийрим мийрим болмас еди.
7. Солай етип, не жүз берди? Израил халқының кѳпшилик бѳлеги излеген нєрсесин таба алмады. Тек олардың арасынан таңлап алынғанлар ғана тапты. Ал қалғанларының жүреклери тас етилди.
8. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Кудай оларға Ѳзиниң сѳзин түсинбеўи ушын бийпєрўалық руўхын берди. Сонлықтан олар усы күнге дейин, Кѳзлери болса да, кѳрмейди, Кулақлары болса да, еситпейди».
9. Даўыт былай дейди: «Олар дастурхан басында отырғанда дузаққа түсип, Кақпанға алынсын ҳєм қулап, жазалансын.
10. Кѳзлерин қараңғылық басып, кѳрмей қалсын. Беллери аўырманлықтан мєңгиге бүгилип қалсын!»
11. Олай болса, мен мынаны сорап атырман: израиллылар толық набыт болыў ушын сүрникти ме? Ҳеш қашан! Бирақ, израиллылардың гүналары себепли, Кудай басқа миллетлерге қутқарылыў берди ҳєм бул арқалы оларда қызғаныш оятты.
12. Егер израиллылардың гүна ислеп қулап қалғаны дүньядағы басқа миллетлерге байлық алып келип, оларды байытса, онда пүткил израиллылардың қутқарылыўы дүньядағы басқа миллетлерге қаншелли кѳп байлық алып келеди!
13. Басқа миллетлерден болған сизлерге айтып атырман: басқа миллетлер ушын елши болып тайынланған мен ѳз хызметимди мєртебели деп есаплайман.
14. Усы хызметим арқалы миллетим бир болған туўысқанларымда қызғаныш оянса ҳєм олардың айырымлары болса да қутқарылса екен.
15. Ѳйткени олардың Кудай тєрепинен қабыл етилмегени дүньядағы басқа миллетлердиң Кудай менен жарасыўына себепши болған болса, онда олардың Кудай тєрепинен қабыл етилиўи дүньядағы басқа миллетлердиң қутқарылып, ѳлимнен ѳмирге ѳтиўине себепши болмай ма?
16. Егер қамырдың биринши бѳлеги Кудайға бағышланып, мухаддес болса, онда пүткил қамыр да мухаддес болады. Егер теректиң тамыры мухаддес болса, онда шақалары да мухаддес.
17. Бирақ, егер зєйтүн ағашының айырым шақалары, яғный яҳудийлердиң айырымлары кесилип тасланып, жабайы зєйтүн ағашының шақасы болған сен, яғный басқа миллет адамы олардың орнына жалғанып, ағаштың ширели тамырынан нєр алсаң,
18. кесилген шақалар алдында мақтанып кетпе! Егер мақтанып кетсең, умытпа, сен тамырға емес, ал тамыр саған нєр берип турыпты.
19. Сен: «Мениң жалғаныўым ушын шақалар кесилип тасланды», – деўиң мүмкин.
20. Дурыс. Олар исенбегенликтен кесилип тасланды. Ал сен исенимиң себепли жалғанып турыпсаң. Сен мақтанба, ал қорқ!
21. Себеби Кудай тєбийғый шақаларды аямаған болса, онда сени де аямайды.
22. Солай етип, сен Кудайдың мийрим-шєпєєтин ҳєм қаталлығын кѳрип қой: Кудай исенимнен қайтқанларға қатал. Бирақ сен Оның мийрим-шєпєєтине садық қалсаң, Ол да саған мийрим-шєпєєтли. Олай болмаса, сен де кесилип тасланасаң!
23. Деген менен, егер яҳудийлер де исенбеўшилигин қойса, ағашқа жєне қайта жалғанады. Ѳйткени Кудай оларды қайтадан жалғап қойыўға қүдиретли.
24. Жабайы зєйтүн ағашынан кесилип алынған шақа болған сен тєбиятқа қарсы түрде жақсы зєйтүн ағашына жалғандың. Солай екен, тєбийғый шақалардың ѳз ағашына қайтадан жалғаныўы буннан да аңсатырақ!
25. Туўысқанларым, билгишсинип кетпеўиңиз ушын, сизлердиң мына сырдан хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймен: басқа миллетлерден қутқарылатуғынлардың саны толмағанша, Израил халқының бир бѳлегиниң жүреги тас болып қала береди.
26. Бирақ ақырында пүткил Израил қутқарылады. Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Кудай Ийемиз былай дейди: „Кутқарыўшы Ерусалимнен келеди, Ол Яқыптың урпағы болған израиллыларды қудайсызлықтан қутқарады.
27. Олардың гүналарын кеширгенимде, Мениң олар менен дүзген келисимим усы болады“».
28. Хош Хабарды қабыл етпегени себепли, яҳудийлер Кудайға душпан болды. Бул сизлердиң пайдаңыз ушын хызмет етпекте. Деген менен, Кудай олардың ата-бабаларын таңлап алғанлықтан, оларды сүйеди.
29. Себеби Кудай Ѳзиниң сыйларын қайтарып алып, шақырығын бийкарламайды.
30. Сизлер бир ўақытлары Кудайға бойсынбайтуғын едиңлер, бирақ енди яҳудийлер бойсынбағаны себепли, сизлер Кудайдың мийрим-шєпєєтине еристиңлер.
31. Сол сыяқлы, яҳудийлер ҳєзир бойсынбай атырған болса да, сизлердиң Кудайдың мийрим-шєпєєтине ерискениңиз себепли, олар да Кудайдың мийрим-шєпєєтине ериседи.
32. Ѳйткени Кудай ҳємме адамларды олардың бойсынбайтуғын тєбиятына тутқын қылып, оларға Ѳз мийрим-шєпєєтин кѳрсетти.
33. О, Кудайдың байлығы, даналығы ҳєм билими қандай терең! Оның шешимлерине ҳеш кимниң ақылы жетпейди, жолларын да ҳеш ким изертлеп шыға алмайды!
34. «Ийемиздиң ой-пикирлерин ким биле алады? Ким Оған мєслєҳєтши болған?»
35. «Кудайдан қайтарып алыў ушын, Ким Оған алдын ала бир нєрсе берген?»
36. Себеби Кудай пүткил барлықты жаратқан. Ҳєммеси Ол арқалы ҳєм Ол ушын бар болған. Оған мєңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
1. Солай етип, ҳєй туўысқанларым, Кудайдың мийрим-шєпєєти ҳақы сизлерге жалбарынаман: ѳзлериңизди Кудайға унайтуғын мухаддес ҳєм тири қурбанлық қылып, Оған бағышлаңлар. Бул сизлердиң Кудай алдындағы ылайықлы хызметиңиз болады.
2. Бул дүньяның адамларына еликлемеңлер. Ал Кудайдың ой-пикирлериңизди жаңалап, Оның сизлерди толық ѳзгертиўине жол қойыңлар. Сонда сизлер Кудайдың жақсы ҳєм минсиз еркин, яғный Оған нениң унайтуғынын айырып билесизлер.
3. Кудайдың маған берген мийриминен пайдаланып, ҳєммеңизге айтып атырман: ѳзиңизди шектен тыс жоқары баҳаламаңлар. Керисинше, ҳєр бир адам Кудайдың ѳзине берген исенимине қарай, ѳзин ылайықлы баҳаласын.
4. Ѳйткени денемиз бир болса да, мүшелеримиз кѳп ҳєм мүшелеримиздиң атқаратуғын хызмети де ҳєр түрли.
5. Сол сыяқлы, бизлер кѳп адам болсақ та, Масихтың бир денесин қураймыз ҳєм ѳз ара байланыс жасайтуғын бир денениң мүшелеримиз.
6. Кудайдың бизлерге берген мийрими бойынша, бизлер ҳєр түрли руўхый сыйларға ийемиз. Кимниң пайына пайғамбаршылық етиў сыйы тийсе, ол исенимине қарай пайғамбаршылық етсин.
7. Хызмет етиў тийсе, хызмет етсин. Тєлим бериў тийсе, тєлим берсин.
8. Ал кимниң пайына жубаныш бериў тийсе, жубаныш берсин. Үлестириўши болыў тийсе, шын кеўилден үлестирсин. Басшылық етиў тийсе, ғайрат пенен басшылық етсин. Мийрим-шєпєєт етиў тийсе, қуўанышлы түрде мийрим-шєпєєт кѳрсетсин.
9. Сүйиспеншилигиңиз ҳақыйқый болсын. Жаманлықтан қашып, жақсылыққа жабысып алыңлар.
10. Бир-бириңизди туўысқанлық сүйиспеншилик пенен шын жүректен сүйиңлер. Бир-бириңизге ѳз ара ҳүрмет кѳрсетиўге тырысыңлар.
11. Интаңыз пєсеймесин. Ериншек болмаңлар. Ийемизге жалынлы руўх пенен хызмет етиңлер.
12. Үмит етип, қуўанып жасаңлар. Кыйыншылықларда сабырлы болыңлар. Үзликсиз дуўа етиңлер.
13. Мүтєжликте жасап атырған исениўшилер менен барыңызды бѳлисиңлер. Миймандос болыўға тырысыңлар.
14. Сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын Кудайдан жақсылық тилеңлер. Ѓарғыс емес, ал жақсылық тилеңлер.
15. Куўанып атырғанлар менен бирге қуўанып, жылап атырғанлар менен бирге жылаңлар.
16. Ѳз ара аўызбиришиликли болыңлар: менменликке берилмей, басқалар пєс кѳретуғын адамлар менен қатнас жасаңлар. Ѳзлериңизди басқалардан ақыллы санамаңлар.
17. Ҳеш кимниң жаманлығына жаманлық пенен жуўап қайтармаңлар. Ҳєммениң ойы бойынша жақсы деп саналған ислерди ислеўге тырысыңлар.
18. Егер мүмкин болса, қолыңыздан келгенше, барлық адамлар менен татыўлықта жасаңлар.
19. Сүйикли туўысқанларым! Ѳзиңиз ушын ѳш алмаңлар. Ал буны Кудайға тапсырыңлар. Себеби Мухаддес Жазыўда Ийемиз былай дейди: «Ѳш алыў Мениң қолымда, сазайын Ѳзим беремен».
20. Керисинше: «Душпаның аш болса, оны тойдыр, Шѳллеген болса, суў бер. Сен усылай ислесең, Оны уятқа қалдырасаң».
21. Жаманлықтан жеңилме. Ал, жаманлықты жақсылық пенен жең.
1. Ҳєр бир адам басқарыўшы ҳүкиметке бойсынсын. Ѳйткени Кудайдан болмаған ҳеш қандай ҳүкимет жоқ. Бар болған ҳүкиметлердиң ҳєммеси де Кудай тєрепинен орнатылған.
2. Сонлықтан ҳүкиметке қарсы шыққан адам Кудай орнатқан тєртипке қарсы шыққан болады. Бундай адамлар жазаға ушырайды.
3. Себеби басшылардан жақсылық ислеўшилер емес, ал жаманлық ислеўшилер қорқады. Басшылардан қорқпаўды қєлейсең бе? Онда жақсылық исле. Сонда сен басшының мақтаўына ерисесең.
4. Басшы – сениң пайдаң ушын мийнет ететуғын Кудайдың хызметшиси. Бирақ, егер сен жаманлық ислейтуғын болсаң, қорқ! Ѳйткени ол қылышты бийкарға кѳтерип жүрген жоқ. Ол Кудайдың хызметшиси болып, жаманлық ислеўшини Кудайдың ғєзеби менен жазалайды.
5. Сонлықтан тек Кудайдың ғєзебинен қорққанлықтан емес, ал ҳүжданың бойынша да бойсыныўың тийис.
6. Сизлердиң салық тѳлеўиңиздиң себеби де усы. Себеби салық жыйнаўға бийлиги бар адамлар да ѳз иси менен бєрқулла бєнт болып, Кудайға хызмет етеди.
7. Солай етип, ҳєр кимге тийислисин бериңлер: салық жыйнаўшыға – салық, бажы жыйнаўшыға – бажы бериңлер ҳєм қорқыўға ылайық адамнан қорқып, ҳүрметке ылайық адамға ҳүрмет кѳрсетиңлер.
8. Ҳеш кимге қарыздар болмаңлар. Ҳеш қашан толық ѳтеп болмайтуғын қарыз болған, бир-биреўди сүйиўди тоқтатпаңлар. Ѳйткени басқаларды сүйген адам Мухаддес Нызамды орынлаған болады.
9. «Неке ҳадаллығын бузба, адам ѳлтирме, урлық ислеме, басқаның мүлкин күсеме», – деген буйрықлар ҳєм қалған барлық буйрықлар мына сѳзлерде жємленген: «Ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй».
10. Жанындағы адамды сүйетуғын оған жаманлық ислемейди. Сонлықтан басқаларды сүйиў – бул Мухаддес Нызамды орынлаў демек.
11. Ҳєзирги заманның қандай екенин билип, усыны орынлаңлар. Енди сизлердиң уйқыдан оянатуғын ўақтыңыз келди. Себеби бизлердиң қутқарылыўымыз бизлер исенген дєслепки ўақытларға қарағанда, ҳєзир жақынырақ.
12. Түн ѳтип, күндиз жақынлады. Сонлықтан қараңғылықтың ислерин таслап, нурдың саўыт-қуралларын тағып алайық.
13. Айшы-єширетке ҳєм мєскүнемликке, ҳарамылыққа ҳєм бузықшылыққа, жєнжел ҳєм күншилликке берилмейик. Күндизге жарасатуғын єдепли ѳмир сүрейик.
14. Ийемиз Ийса Масихтың сизлерди басқарыўына жол қойыңлар ҳєм гүнакар тєбиятыңыздың жаман қєлеўлерине бойсынбаңлар.
1. Исеними ҳєлсиз адамды оның пикирлери ҳаққында тартыспай қабыл етиңлер.
2. Мысалы: биреў ҳємме нєрсени жеўге болады деп исенеди. Ал исеними ҳєлсиз болған тек палыз ѳнимлерин ғана жейди.
3. Ҳємме нєрсени жейтуғын адам жемейтуғын адамды пєс кѳрмесин. Айырым нєрселерди жемейтуғын адам жейтуғын адамды ҳүким етпесин. Ѳйткени Кудай екеўин де қабыл еткен.
4. Басқаның хызметшисин ҳүким ететуғындай, сен кимсең? Хызметши ѳз хожайынының алдында турады ямаса жығылады. Ол аяққа турғызылады. Себеби оны аяққа турғызыўға Ийемиздиң қүдирети жетеди.
5. Жєне де, биреў бир күнди басқа күннен єҳмийетлирек деп санайды, ал басқа биреў ушын ҳємме күн бирдей. Ҳєр бир адам ѳз кѳз қарасында толық исенимге ийе болсын.
6. Күнлерди айрықша қылып белгилейтуғын оларды Ийемиз ушын белгилейди. Ал ҳємме нєрсени жейтуғын адам Кудайға шүкирлик етип, оларды Ийемиз ушын жейди. Айырым нєрселерди жемейтуғын адам да Ийемиз ушын жемейди ҳєм Кудайға шүкирлик етеди.
7. Ѳйткени ҳеш биримиз тек ѳзимиз ушын жасамаймыз ҳєм ҳеш биримиз де тек ѳзимиз ушын ѳлмеймиз.
8. Жасасақ, Ийемиз ушын жасаймыз. Ѳлсек те, Ийемиз ушын ѳлемиз. Солай етип, жасасақ та, ѳлсек те Ийемизге тийислимиз.
9. Усы мақсетте Масих ѳлип, ѳлимнен қайта тирилди. Сонлықтан Ол ѳлилердиң де, тирилердиң де Ийеси болды.
10. Олай болса, сен неге туўысқаныңды ҳүким етесең? Неге туўысқаныңды пєс кѳресең? Ҳєммемиз де Кудайдың ҳүким гүрсиси алдында жуўап беремиз-ғо.
11. Мухаддес Жазыўда Ийемиз былай дейди: «Тирилигим ҳақы ант ишемен: Ҳєр бир адам Мениң алдымда дизе бүгеди. Ҳєр бир адам Мениң Кудай екенимди ашық тєн алады».
12. Солай етип, ҳєр бир адам ѳзи ушын ѳзи Кудай алдында жуўап береди.
13. Сонлықтан буннан былай, бир-биримизди ҳүким етпейик. Керисинше, туўысқаныңызды азғырыўға салмаўға ҳєм оның исенимине зыян келтирмеўге тырысыңлар.
14. Ийемиз Ийсаға тийисли бир адам сыпатында мынаны билемен ҳєм анық исенемен: ҳеш бир нєрсе ѳзлигинен ҳарам емес. Бирақ, бир нєрсени ҳарам деп есаплаған адам ушын сол нєрсе ҳарам болады.
15. Егер туўысқаның сен жейтуғын нєрсе себепли қапа болса, онда сен сүйиспеншилик пенен ис тутып атырған жоқсаң. Жейтуғын нєрсең менен оның исенимин набыт қылма! Себеби Масих бул адам ушын да ѳлген-ғо.
16. Сизлер жақсы деп есаплаған нєрсеге сѳз келмесин.
17. Ѳйткени Кудайдың Патшалығы жейтуғын ҳєм ишетуғын нєрселерден ибарат емес, ал ҳақлық, тынышлық ҳєм Мухаддес Руўх беретуғын қуўаныштан ибарат.
18. Масихқа усы жол менен хызмет ететуғын адам Кудайға унайды ҳєм ол адамлардың мақтаўына ылайық.
19. Солай етип, ѳзлеримизди тынышлық алып келетуғын ҳєм ѳз ара руўхый күш беретуғын ислерге бағышлайық.
20. Жейтуғын нєрсе себепли, Кудайдың ислерин бузба! Жейтуғын ҳємме нєрсе ҳадал. Бирақ, жейтуғын нєрсеси арқалы басқа адамды азғырыўға салған жаман ис қылған болады.
21. Гѳш жеўиң, арақ-шарап ишиўиң ямаса басқа бир нєрсе ислеўиң туўысқаныңды азғырыўға салатуғын болса, онда бундай ислерди ислемегениң дурыс.
22. Булар бойынша исенимиңди ѳзиң менен Кудайдың арасында сақла. Ѳзи дурыс деп есаплайтуғын исти ислегени ушын, ѳзин айыпламайтуғын адам қандай бахытлы!
23. Бирақ, екиленип жейтуғын адам ҳүким етиледи. Себеби ол буны исеним менен ислемеген болады. Ал исеним менен исленбеген ҳєр бир ис – гүна.
1. Исеними күшли болған бизлер тек ѳзимиздиң мєпимизди ойламай, исеними ҳєлсиз болғанлардың ҳєлсизликлерин кѳтерисиўге парызлымыз.
2. Ҳєр биримиз жанымыздағы адамға руўхый күш бериў ушын, ол ушын жақсы болған нєрсени гѳзлеп, оның мєпин ойлайық.
3. Ѳйткени Масих та Ѳзиниң мєпин ойламады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Саған тил тийгизгенлердиң жаман сѳзлери Маған тийди».
4. Бурын Мухаддес Жазыўларда айтылғанлардың ҳєммеси де бизлерге тєлим бериў ушын жазылған. Солай етип, бизлер олар арқалы сабырлылық ҳєм жубаныш таўып, үмит пенен жасай аламыз.
5. Сабырлылық ҳәм жубаныштың тийкары болған Қудайдың Өзи сизлердиң Масих Ийсадан өрнек алып, аўызбиришилик пенен жасаўыңызға жәрдем етсин.
6. Солай етип, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың Єкеси болған Кудайды биргеликте ҳєм бир аўыздан алғыслайсызлар.
7. Сонлықтан Кудайдың алғысланыўы ушын Масих сизлерди қабыл еткениндей, сизлер де бир-бириңизди қабыл етиңлер.
8. Себеби мениң айтатуғыным мынаў: Кудайдың яҳудийлердиң ата-бабаларына берген ўєдесин ємелге асырып, Оның садық екенин кѳрсетиў ушын, Масих яҳудийлердиң хызметшиси болды.
9. Масих буны Мухаддес Жазыўда: «Сени басқа миллетлер арасында алғыслайман ҳєм Сениң атыңды жырлайман», – деп айтылғандай, басқа миллетлердиң де Кудайдың мийрим-шєпєєтине ерисип, Кудайды алғыслаўы ушын иследи.
10. Мухаддес Жазыўда жєне де: «Ҳєй, басқа миллетлер, Кудайдың халқы менен бирге шадланыңлар!» – делинген.
11. Тағы да былай делинген: «Ҳєй, барлық басқа миллетлер, Кудай Ийемизди алғыслаңлар! Ҳємме халықлар Оны мақтаңлар!»
12. Ийшая пайғамбар да былай дейди: «Ишайдың урпағынан бири келип, Басқа миллетлерди басқарады. Олар Оннан үмит етип жасайды».
13. Үмиттиң тийкары болған Кудай Мухаддес Руўхтың күши менен үмитке толып тасыўыңыз ушын, кеўиллериңизди исенимиңиз арқалы қуўаныш ҳєм тынышлыққа толтырсын.
14. Туўысқанларым, ал енди сизлерге келсек, сизлердиң жақсылыққа толы ҳєм ҳєр түрли билимге бай екениңизге, єсиресе бир-бириңизге ақыл-нєсият бере алатуғыныңызға мен толық исенемен.
15. Бирақ, Кудайдың маған берген мийрими менен сизлерге еслетип қойыў ушын, бул хаттың айырым жерлерин батыллық пенен жаздым.
16. Мен Кудайдың усы мийрими менен, басқа миллетлер ушын Масих Ийсаның хызметшиси болдым. Басқа миллетлер Мухаддес Руўх пенен мухаддес қылынып, Кудайға унайтуғын сый болыўы ушын, мен Кудайдың Хош Хабарын бир руўханий сыпатында жєриялап атырман.
17. Сонлықтан мен Масих Ийсаға тийисли болып, Кудайға деген хызметим менен мақтана аламан.
18. Масих мениң менен бирге болып, басқа миллетлердиң Кудайға бойсыныўы ушын, сѳзлерим ҳєм ис-ҳєрекетлерим арқалы ислегенлеринен басқа ҳеш нєрсе ҳаққында айтыўға батылым жетпейди:
19. бул ислер кєраматлы белгилердиң ҳєм таң қаларлық нєрселердиң күши менен, жєне де Мухаддес Руўхтың қүдирети менен исленди. Солай етип, мен Ерусалимнен баслап Иллирик үлкесине дейин аралап, Масихтың Хош Хабарын ҳємме жерге жєрияладым.
20. Басқа бир адамның салған тырнақ тасының үстине имарат қурмайын деп, мен Хош Хабарды Масихтың атын еле еситпеген жерлерде жєриялаўға тырыстым.
21. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оннан хабарсыз болғанлар кѳреди, Еситпегенлер түсинеди».
22. Мине, усы себеп жаныңызға барыўыма маған кѳп мєртебе иркиниш жасады.
23. Енди болса, бул жерлерде мен ислейтуғын ҳеш нєрсе қалмады. Жєне де, мен қанша жыллардан бери сизлерге барыўды арзыў еткеним себепли,
24. Испанияға қарай жолға шықсам, сизлерге бармақшыман. Ѳтип баратырғанымда алды менен сизлерди кѳрип, бираз дийдарыңызға тойғанымнан соң, маған жєрдем етип, сол жаққа шығарып саласыз, деген үмиттемен.
25. Ал ҳєзир болса, мен Ерусалимге барып, сол жердеги исениўшилерге жєрдем бермекшимен.
26. Ѳйткени Македония менен Ахаядағы исениўшилер Ерусалимдеги исениўшилер арасындағы мүтєжликте жасайтуғынлар ушын ақшалай жєрдем етиўди мақул кѳрди.
27. Аўа, мақул кѳрди. Олар ҳақыйқаттан да, Ерусалимдеги исениўшилер алдында қарыздар. Себеби ѳзлери Хош Хабар арқалы алған руўхый жарылқаўларды яҳудий исениўшилери басқа миллетлер менен бѳлискенликтен, басқа миллет исениўшилери де оларға ақшалай жєрдем берип, хызмет етиўге парызлы.
28. Солай етип, жыйналған ғєрежетти оларға жеткизип, усы исти орынлағанымнан соң, жол-жѳнекей сизлер менен дийдар кѳрисип, Испанияға кетемен.
29. Жаныңызға барғанымда, сизлерге Масихтың толық жарылқаўын апаратуғынымды билемен.
30. Туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳєм Мухаддес Руўхтың сүйиспеншилиги менен сизлерге жалбарынаман: мениң менен бирге Кудайға дуўа етип, мен ушын бар жигериңиз бенен сораңлар.
31. Яҳудиядағы исенбейтуғын адамлардан қутылыўым ушын ҳєм Ерусалимдеги хызметимди сол жердеги исениўшилер қуўаныш пенен қабыл алыўы ушын дуўа етиңлер.
32. Жєне де, Кудай қєлесе, мен сизлердиң жаныңызға қуўаныш пенен барып, сизлер менен бирге кеўлимди хошлаўым ушын да сораңлар.
33. Тынышлық бериўши Кудайдың Ѳзи ҳєммеңизге яр болсын! Аўмийин.
1. Кенхреядағы исениўшилер жємєєтиниң хызметшиси болған Фиба апамызды сизлерге тапсыраман.
2. Оны мухаддеслерге минєсип түрде, Ийемиздиң аты менен қабыл қылыңлар. Жєне де, оның қандай мүтєжлиги болса да, жєрдем етиңлер. Ѳйткени ол да кѳп адамларға, соның ишинде маған жєрдемши болды.
3. Мениң менен бирге Масих Ийсаға хызмет етиўши Прискила ҳєм Акилаға сєлем айтыңлар.
4. Олар мениң жаным ушын ѳз ѳмирин қєўип астына қойды. Буның ушын тек мен емес, ал басқа миллетлердиң ҳємме исениўши жємєєтлери де оларға миннетдар.
5. Олардың үйиндеги исениўшилер жємєєтине де сєлем айтыңлар. Азия үлкесинен биринши болып Ийсаға исенген сүйикли туўысқаным Епенетусқа сєлем айтыңлар.
6. Сизлер ушын кѳп мийнет еткен Мєриямға сєлем айтыңлар.
7. Масихтың елшилери арасында абырайлы болған, меннен бурын Масихқа исенген ағайинлерим ҳєм қамақта бирге болған досларым Андроник пенен Юнияға сєлем айтыңлар.
8. Ийемизге тийисли болған сүйикли туўысқаным Амплиятусқа сєлем айтыңлар.
9. Бизлер менен бирге Масихқа хызмет ететуғын Урбанусқа ҳєм сүйикли туўысқаным Стахияға сєлем айтыңлар.
10. Сынақтан ѳтип, Масихқа ылайықлы деп табылған Апелисқа сєлем айтыңлар. Аристобулдың үй-ишине сєлем айтыңлар.
11. Ағайиним Иродионға сєлем айтыңлар. Наркистиң үй-ишиндеги Ийемизге тийисли болғанларға сєлем айтыңлар.
12. Ийемиздиң хызметинде мийнет етип атырған ҳаяллар: Трифен ҳєм Трифосқа сєлем айтыңлар. Ийемизге хызмет етиў жолында кѳп мийнет еткен ҳаял – сүйикли туўысқаным Персиске сєлем айтыңлар.
13. Ийемиз тєрепинен таңлап алынған Руфусқа ҳєм мен ушын анамдай болған оның анасына сєлем айтыңлар.
14. Асинкрит, Флегон, Гермес, Патровас, Гермас ҳєм олардың жанындағы туўысқанларға сєлем айтыңлар.
15. Филологус ҳєм Юлияға, Нирей ҳєм оның қарындасына, Олимпасқа ҳєм олардың жанындағы барлық исениўшилерге сєлем айтыңлар.
16. Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип, сєлемлесиңлер. Масихқа тийисли болған ҳємме жємєєтлер сизлерге сєлем айтып атыр.
17. Туўысқанларым, сизлерге жалбарынаман, ѳзлериңизге үйретилген тєлийматқа қарсы шығып, алаўызлық ҳєм азғырыў алып келетуғын адамлардан сақ болып, олардан аўлақ жүриңлер.
18. Себеби бундай адамлар Ийемиз Масихқа емес, ал ѳз қарынларына хызмет етеди. Олар сада адамларды майлы тил ҳєм жағымпазлық сѳзлери менен алдайды.
19. Сизлердиң Кудайға бойсынып жасайтуғыныңыз ҳєммеге мєлим болды. Мен сол себептен қуўанышлыман ҳєм сизлердиң жақсылық ислеўде дана болыўыңызды, ал жаманлық ислеўде сада болыўыңызды қєлеймен.
20. Тынышлық бериўши Кудайдың Ѳзи жақын арада шайтанды аяқларыңыздың астында езип таслайды. Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын!
21. Мениң менен бирге хызмет етиўши Тимофей, ағайинлерим Лукий, Ясон ҳєм Сосипатер сизлерге сєлем айтып атыр.
22. Бул хатты Павелдиң аўзынан жазып отырған мен, Тертий де, исениўши туўысқаныңыз сыпатында сизлерге сєлем жоллайман.
23. Мен ушын ҳєм пүткил исениўшилер жємєєти ушын ѳз үйинен орын берген Гаюс сизлерге сєлем айтып атыр. Жєне де, қала қазнашысы Ерастус ҳєм туўысқанымыз Куартус сизлерге сєлем айтып атыр.
24. -
25. Мен жєриялап жүрген Ийса Масих ҳаққында Хош Хабар арқалы, яғный Ѳзи єййемги ўақытлардан бери қупыя тутқан сырын ашыўы арқалы Кудай сизлердиң исенимиңизди беккемлейтуғын қүдиретке ийе.
26. Усы сыр пайғамбарлардың Жазыўлары арқалы ҳєзир ашылып, мєңги жасайтуғын Кудайдың буйрығы бойынша, барлық миллетлерге мєлим етилди. Бул барлық миллетлердиң Кудайға исенип, Оған бойсынып жасаўы ушын болды.
27. Жалғыз ҳєм дана Кудайға Ийса Масих арқалы мєңгиге даңқ болсын! Аўмийин.