Инжил Каракалпак

Коринфлилерге жазылған биринши хат

1. Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болыўға шақырылған мен, Павелден ҳєм туўысқанымыз Состенистен,
2. Коринф қаласындағы Кудайдың жємєєтине сєлем! Бизлер бул хатты Ийемиз Ийса Масихтың атын ҳємме жерде айтып шақырыўшылардың ҳєммеси менен бирге Масих Ийса арқалы мухаддес қылынған ҳєм мухаддеслер деп аталған сизлерге жазып атырмыз. Ийса Масих – олардың да, бизлердиң де Ийемиз.
3. Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин!
4. Кудайдың Масих Ийса арқалы сизлерге берген мийрими себепли, сизлер ушын Кудайыма бєрқулла шүкирлик билдиремен.
5. Ѳйткени сизлер Масих пенен қатнас жасағанлықтан, ҳєр тєреплеме бай болдыңлар. Єсиресе Кудайдың сѳзин айтыўда шешен ҳєм ҳєр қыйлы билимге ийе болдыңлар.
6. Бизлердиң Масих Ийса ҳаққында гүўалығымыз сизлердиң ѳмириңизде усылай тастыйықланды.
7. Солай етип, сизлер ҳеш қандай руўхый сыйдан кемшилик кѳрмей, Масихтың қайта келиўин интизарлық пенен күтесизлер.
8. Ийемиз Ийса Масих келетуғын күни айыпсыз болыўыңыз ушын, Кудай сизлерди ақырына дейин беккем қылады.
9. Сизлерди Ѳз Улы Ийемиз Ийса Масих пенен қатнаста болыўға шақырған Кудай – садық.
10. Туўысқанларым! Ийемиз Ийса Масихтың атының бийлиги менен ескертемен: ҳєммеңиз аўызбиришиликли болыңлар. Араңызда бѳлиниў болмай, бир ой ҳєм бир мақсет пенен бирлесиңлер.
11. Себеби туўысқанларым, Хлойстың үй-ишиндеги адамлардан араңызда тартыслар бар екенин билдим.
12. Мениң айтажағым мынаў: сизлер: «Мен Павелге тийислимен», «Мен Аполосқа тийислимен», «Мен Кифаға тийислимен» ямаса «Мен Масихқа тийислимен» деп айтып жүрген қусайсыз.
13. Масих бѳлинди ме? Сизлер ушын атанақ ағашқа Павел шегеленип пе еди? Сизлер Павелдиң аты менен суўға шомылдырылған ба едиңиз?
14. Мен сизлердиң араңыздан Криспус пенен Гаюстан басқа ҳеш кимди суўға шомылдырмағаным ушын Кудайға шүкирлик етемен.
15. Сонлықтан ҳеш ким мениң атым менен суўға шомылдырылдым, деп айта алмайды.
16. Рас, мен тағы Степанның үйи ишиндегилерди де суўға шомылдырдым. Булардан басқа жєне кимлерди суўға шомылдырғанымды есиме түсире алмайман.
17. Масих мени суўға шомылдырыў ушын емес, ал Хош Хабарды жєриялаў ушын жиберди. Масихтың атанақ ағаштағы ѳлими єҳмийетин жойтпаўы ушын, мен Хош Хабарды дана сѳзлерге тийкарланбай жєрияладым.
18. Масихтың атанақ ағашы ҳаққында сѳзлер набыт болатуғынлар ушын ақмақлық, бирақ қутқарылатуғын бизлер ушын Кудайдың қүдирети.
19. Ѳйткени Мухаддес Жазыўда Кудай былай деген: «Даналардың даналығын жоқ етемен, Ақыллы адамлардың ақылын босқа шығараман».
20. Олай болса, дана адам қєне? Алым қєне? Ҳєзирги заманның ойшылы қєне? Кудай дүньяның даналығын ақылсызлыққа айландырмады ма?
21. Себеби дүньяның ѳз ақыл-даналығы менен Кудайды билмеўи Кудайдың даналығы бойынша болды. Сонлықтан Кудай исенген адамларды бизлердиң ақылсыз деп саналған ўазымыз бенен қутқарыўды мақул кѳрди.
22. Яҳудийлер кєраматлы белгилер кѳрсетиўимизди талап етеди, греклер ўазымыздан даналық излейди.
23. Бирақ бизлер атанақ ағашқа шегеленген Масих ҳаққында жєриялап атырмыз. Яҳудийлер ушын бул тосқынлық болады, ал басқа миллетлер ушын ақылсызлық болып кѳринеди.
24. Кудай тєрепинен таңланғанлар ушын болса, ол я яҳудий болсын, я грек болсын, атанақ ағашқа шегеленген усы Масих – Кудайдың қүдирети ҳєм Оның даналығы.
25. Ѳйткени Кудайдың «ақылсызлығы» адамның даналығынан анағурлым үстинирек, Кудайдың «ҳєлсизлиги» адамның күшинен анағурлым қүдиретлирек.
26. Туўысқанларым, Кудай тєрепинен шақырылған ўақтыңызда ким болғаныңызды еске түсирип кѳриңлер. Адамның кѳз қарасы бойынша араңызда даналар да, бийликке ийе адамлар да, ақсүйек адамлар да кѳп емес еди.
27. Бирақ, Кудай даналарды уятқа қалдырыў ушын, дүнья ақылсыз деп санаған адамларды, күшлилерди уятқа қалдырыў ушын, дүнья ҳєлсиз деп санаған адамларды таңлады.
28. Ол жєне де, дүнья єҳмийетли деп санағанларды арзымас қылыў ушын, дүнья шығысы тѳмен, пєс ҳєм єҳмийетсиз деп санағанларды таңлады.
29. Кудай буны Ѳзиниң алдында ҳеш бир адам мақтанбаўы ушын иследи.
30. Бирақ, сизлер ѳмириңиздиң тийкары болған Кудай себепли, Масих Ийса менен қарым-қатнасқа ийесиз. Масих бизлер ушын Кудайдың даналығы болып, бизлерди ақлап, мухаддес қылды ҳєм гүналарымыз ушын тѳлем тѳлеп қутқарды.
31. Солай етип, Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Ийемиз бенен мақтансын».
1. Туўысқанларым, мен сизлерге барып, Кудайдың сырын жєриялағанымда, шешен сѳзлер ямаса артықмаш даналық қолланбадым.
2. Себеби араңызда болған ўақтымда, тек Ийса Масихқа ҳєм Оның атанақ ағашқа шегелениўине ғана айрықша дыққат аўдарыўға қарар еттим.
3. Мен сизлерге ҳєлсизлик, қорқыныш ҳєм қатты дирилди менен бардым.
4. Сѳйлеген сѳзим ҳєм айтқан ўазым адам ақылының исендириўши сѳзлерине емес, ал Мухаддес Руўхтың Ѳз қүдирети менен кѳрсеткен дєлилине тийкарланған еди.
5. Мениң бундағы мақсетим – исенимиңиздиң адамның ақылына емес, ал Кудайдың қүдиретине тийкарланыўы еди.
6. Деген менен, бизлер руўхый жетискен адамлар арасында дана сѳзлер сѳйлеймиз. Бирақ бул даналық усы дүньяның ҳєм оның ѳткинши ҳүкимдарларының даналығы емес.
7. Бизлер Кудайдың жасырын ҳєм сырлы болған даналығы ҳаққында сѳз етип атырмыз. Кудай дүньяны жаратпастан бурын оны бизлердиң даңққа ерисиўимиз ушын арнап қойған еди.
8. Бул даналықты усы дүньядағы ҳүкимдарлардың ҳеш бири түсинбеди. Егер түсингенде, уллы Ийемизди атанақ ағашқа шегелемеген болар еди.
9. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Кѳз кѳрип, қулақ еситпеген, Адамның ойына кирип те шықпаған нєрселерди, Кудай Ѳзин сүйетуғынлар ушын таярлап қойыпты».
10. Бирақ, Кудай буны бизлерге Ѳзиниң Мухаддес Руўхы арқалы ашып берди. Ѳйткени Мухаддес Руўх ҳємме нєрсени, ҳєтте, Кудайдың терең ой-пикирлерин де биледи.
11. Адамның ойларын оның ишиндеги руўхтан басқа ким биле алады? Сол сыяқлы, Кудайдың ой-пикирлерин де Оның Мухаддес Руўхынан басқа ҳеш ким биле алмайды.
12. Кудайдың бизлерге берген мийримли сыйларын билиўимиз ушын, бизлер бул дүньяның руўхын емес, ал Кудайдың Руўхын қабыл еттик.
13. Бизлер бул сыйлар ҳаққында адамның ақылы үйреткен сѳзлер менен емес, ал Мухаддес Руўх үйреткен сѳзлер менен сѳйлеймиз. Яғный, руўхый нєрселерди руўхый сѳзлер менен түсиндиремиз.
14. Ѳз тєбияты бойынша жасайтуғын адам Кудайдың Руўхы беретуғын нєрселерди қабыл етпейди. Себеби ол буларды ақмақлық деп санайды. Оларды тек Мухаддес Руўхтың жєрдеминде түсиниў керек болғанлықтан, ол түсине алмайды.
15. Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын адам Мухаддес Руўх тєрепинен берилген ҳємме нєрсени түсине алады, бирақ оны Мухаддес Руўхқа бойсынбайтуғын адамлар түсине алмайды.
16. «Жаратқан Ийемиздиң ойындағысын ким биле алады? Оған ким ақыл бере алады?» Бирақ, бизлер Масихтың ақыл-ойына ийемиз.
1. Туўысқанларым! Мен сизлерге Мухаддес Руўхқа бойсынатуғынларға сѳйлегендей, сѳйлей алмадым. Мен сизлерге гүнакар тєбиятқа бойсынатуғынларға, яғный Масих пенен болған қатнаста еле гѳдеклик дєрежесинде болғанларға сѳйлегендей, сѳйледим.
2. Мен сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт бердим. Ѳйткени сизлер еле күшли аўқатты жеўге єззилик қылатуғын едиңиз. Ҳєтте, ҳєзир де оны жеўге єззилик қыласызлар.
3. Себеби сизлер еле де гүнакар тєбиятыңызға бойсынасызлар. Араңызда қызғаншақлық ҳєм тартыслардың болғаны, сизлердиң гүнакар тєбиятыңызға бойсынып, исенбейтуғын адамлар сыяқлы жасап атырғаныңызды кѳрсетпей ме?
4. Бириңиз: «Мен Павелге тийислимен», басқа бириңиз: «Мен Аполосқа тийислимен» десе, сизлер исенбейтуғын адамлар сыяқлы болып қалмайсызлар ма?
5. Олай болса, Аполос ким? Павел ким? Аполос ҳєм мен – сизлердиң тек исенимге келиўиңиз ушын қойылған Кудайдың хызметкерлеримиз ғана. Ийемиз ҳєр биримизге хызмет тапсырған.
6. Туқымды мен ектим, Аполос суўғарды. Бирақ, егинди Кудай ѳсирди.
7. Солай етип, еккен адам да, суўғарған адам да єҳмийетли емес, ал егинди ѳсирген Кудай єҳмийетли.
8. Еккен адам менен суўғарған адамның мақсети бир. Олардың ҳєр бири ѳз мийнетиниң ҳақысын алады.
9. Бизлер Кудай менен бирге ислеймиз. Ал сизлер – Кудайдың атызы ҳєм имаратысыз.
10. Кудайдың ѳзиме берген мийрими менен, мен уста қурыўшы сыяқлы тийкар салдым. Басқалары усы тийкардың үстине имарат салмақта. Бирақ, ҳєр бир адам қалай салып атырғанына дыққат аўдарсын.
11. Ѳйткени ҳеш бир адам салынған тийкардан басқа, яғный Ийса Масихтан басқа бир тийкар сала алмайды.
12. Усы тийкардың үстине адамлар алтыннан, гүмистен, ҳасыл таслардан, ағаштан, пишеннен ямаса сабаннан имарат салады.
13. Деген менен, ҳәр бир адамның ислеген иси ақырзаманда ашылып, отта белгили болады. Себеби ҳәр бир адамның исиниң қандай екенлигин от сынап береди.
14. Кимниң салғаны отқа шыдаса, ол сыйлық алады.
15. Ал шыдамай жанып кетсе, зыян кѳреди. Оның ѳзи қутылады, бирақ оттың ишинен қашқандай болып қутылады.
16. Ѳзлериңиздиң Кудайдың ибадатханасы екениңизди ҳєм Кудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырғанын сизлер ҳақыйқаттан да билмейсизлер ме?
17. Егер ким де ким Кудайдың ибадатханасын бузса, оны Кудай урады. Ѳйткени Кудайдың ибадатханасы – мухаддес ҳєм сол ибадатхана сизлерсиз.
18. Ҳеш бир адам ѳзин ѳзи алдамасын. Егер араңыздағы бириңиз ѳзин бул дүньяның кѳз қарасы бойынша данаман деп есапласа, Кудай нєзеринде дана болыў ушын, бул дүньяның кѳз қарасы бойынша «ақылсыз» болсын.
19. Себеби бул дүньяның даналығы Кудай нєзеринде ақылсызлық болады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ол даналарды олардың ҳийлелери менен қолға түсиреди».
20. Жєне де: «Даналардың ой-пикирлериниң пуш екенлигин Ийемиз биледи», – деп жазылған.
21. Сонлықтан ҳеш бир адам адамлар менен мақтанбасын. Ѳйткени ҳєммеси сизлерге тийисли:
22. Павел де, Аполос та, Кифа да, дүнья да, ѳмир ҳєм ѳлим де, ҳєзирги ҳєм келешек заман да, ҳєммеси сизлерге тийисли.
23. Сизлер Масихқа тийислисиз, ал Масих Кудайға тийисли.
1. Солай етип, адамлар Масихтың елшилери болған бизлерди Масихтың хызметшилери ҳєм Кудайдың сырларын аян етиўши хызметкерлер деп есапласын.
2. Ал хызметкерлерден талап етилетуғын ең баслы нєрсе – садықлық.
3. Мени сизлердиң ямаса басқа адамлардың қалай ҳүким етиўи мен ушын єҳмийетли емес. Ҳєтте, мен ѳзим де ѳзимди ҳүким етпеймен.
4. Себеби мениң ҳүжданым таза. Бирақ, мен усы себептен ақланбайман. Мени ҳүким ететуғын – Ийемиздиң Ѳзи.
5. Сонлықтан Ийемиз келиўге дейин, белгиленген ўақыттан бурын ҳеш бир нєрсени ҳүким етпеңлер. Ол қараңғылықта жасырылған нєрселерди жақтыға шығарып, адамлардың кеўиллериндеги нийетлерин ашып кѳрсетеди. Сонда ҳєр бир адам Кудайдан ѳзине ылайық мақтаў алады.
6. Туўысқанларым! Алдында айтылғанларды түсиниўиңиз ушын, мен ѳзимди ҳєм Аполосты мысал етип кѳрсеттим. Буны мен Мухаддес Жазыўда айтылғанлардан шетке шығып кетпеўди бизлерден үйрениўиңиз ушын ҳєм ҳеш қайсысыңыз бир адамды екинши адамнан жоқары қойып, менменсип кетпеўиңиз ушын иследим.
7. Ҳеш ким сени басқалардан үстин қылып қойған жоқ-ғо. Сениң Қудайдан алмаған нәрсең бар ма? Қудайдан ҳәммесин алған болсаң, Оннан алмағандай болып мақтанғаның қалай болғаны?
8. Сизлер енди керекли ҳємме нєрсемиз бар деп ойлайсызлар. Сизлер байып кетипсизлер, бизлерсиз патшалық етпектесизлер! Кєне енди, сизлер ҳақыйқаттан да, патшалар болсаңыз, сонда бизлер де сизлер менен бирге патшалық етер едик!
9. Мениң ойымша, Кудай биз елшилерди ең єҳмийетсиз адамлар қылып, ҳєммениң кѳз алдына шығарды. Бизлер ѳлимге ҳүким етилген адамлар сыяқлы болғанымыз себепли, периштелер ушын да, адамлар ушын да, яғный пүткил дүнья ушын бир тамаша болдық.
10. Дүньяның пикири бойынша, бизлер Масих ушын ақылсыз, бирақ сизлер Масих пенен қатнаста болып ақыллы болдыңлар! Бизлер ҳєлсизбиз, бирақ сизлер күшлисиз! Сизлер ҳүрметли адамларсыз, бирақ бизлер иззетсиз адамлармыз!
11. Бизлер усы ўақытқа дейин ашлыққа ҳєм шѳлге шыдап келемиз, жалаңашпыз, таяқ жеймиз, үй-жайсыз сергизданбыз.
12. Ѳз қолларымыз бенен аўыр мийнет ислеймиз. Бизлерди нєлетлегенлерге жақсы тилек тилеймиз. Куўдалансақ, шыдаймыз.
13. Масқаралағанда, мүлєйимлилик пенен жуўап беремиз. Усы ўақытқа дейин дүньяның сыпырындысы, пүткил адамзаттың тасландысы болдық.
14. Буларды сизлерди уялтыў ушын емес, ал сүйикли балаларым болған сизлерди ақылландырыў ушын жазып атырман.
15. Ѳйткени Масихтың жолын үйрететуғын мың-мыңлаған устазыңыз болса да, єкеңиз биреў. Масих Ийса менен қатнаста болыўыңыз ушын, сизлерге Хош Хабарды жєриялаўым арқалы мен сизлердиң єкеңиз болдым.
16. Сол себептен сизлерден өтиниш етемен: меннен өрнек алыңлар.
17. Ийемизге садық болған сүйикли балам Тимофейди усы мақсет пенен сизлерге жибердим. Ҳємме жерде, исениўшилердиң ҳєр бир жємєєтинде берген тєлимиме сай болған, мениң Масих пенен бирге басып ѳткен жолымды ол сизлердиң есиңизге түсиреди.
18. Мени келмейди деп, араңыздағы базыларыңыз менменсип кетипти.
19. Бирақ, Ийемиз қєлесе, жақын арада сизлерге бараман. Сонда менменсип кеткен сол адамлардың тек сѳзлерин емес, ал оларда Кудайдың күши бар ма я жоқ па, соны сынап кѳремен.
20. Себеби Кудайдың Патшалығы сѳзден емес, ал Кудайдың күшинен ибарат.
21. Сизлер нени қєлейсизлер? Сизлерге таяқ пенен барайын ба ямаса сүйиспеншилик ҳєм мүлєйимлилик пенен бе?
1. Сизлердиң араңызда бузықшылық исленип атырғаны ҳаққында анық хабарлар бар. Ҳєтте, Кудайға исенбейтуғынлар арасында да ушыраспайтуғын бузықшылық исленипти: араңыздағы бириңиз єкесиниң ҳаялы, яғный ѳгей анасы менен жасайтуғын қусайды.
2. Усылай болса да, сизлер менменликке берилип кетипсизлер. Буның орнына қайғырып, усындай ис қылғанды араңыздан қуўып шығарыўыңыз керек емес пе еди?
3. Мениң ѳзим араңызда болмасам да, руўхым сизлер менен бирге. Сонлықтан ѳзим араңызда болғандай, усындай исти ислегенди ҳүким етиўге қарар қылдым.
4. Сизлер Ийемиз Ийсаның аты менен жыйналғаныңызда, Ийемиз Ийсаның қүдирети менен мениң руўхым да сизлер менен бирге болады.
5. Сонда бул адамның гүнакар тєбияты набыт болып, руўхы Ийемиз Ийса Масих келген күни қутқарылыўы ушын оны жємєєттен қуўып шығарып, шайтанға тапсырың.
6. Сизлердиң мақтанғаныңыз дурыс емес. Азғантай ашытқы пүткил қамырды ашытатуғынын билмейсизлер ме?
7. Сонлықтан сизлер ески ашытқыдан тазаланып, жаңа қамыр болыңлар. Сизлер негизинде ашытқысыз қамырсызлар. Ѳйткени Кутқарылыў байрамының Козысы болған Масих бизлер ушын қурбанлыққа берилди.
8. Сонлықтан ески ашытқы менен, яғный жаўызлық ҳєм жаманлық пенен емес, ал пєклик ҳєм ҳақыйқатлық пенен, яғный ашытқысыз нан менен байрамлайық.
9. Мен ѳз хатымда бузықшылық ислейтуғынлар менен қатнас жасамаң, деп сизлерге жазған едим.
10. Деген менен, мен улыўма бул дүньядағы бузық, нєпсиқаў, тонаўшы ямаса бутпараз адамларды нєзерде тутқан жоқпан. Егер олай болғанда, сизлер бул дүньядан шығып кетиўге мєжбүр болар едиңлер!
11. Бирақ, ѳзин исениўши туўысқаныңызбан деп атап турып, бузық, нєпсиқаў, бутпараз, жалахор, мєскүнем ямаса тонаўшы болған адам менен қатнас жасамаўыңызды, ҳєтте, сондай адам менен бирге аўқат та жемеўиңизди жазған едим.
12. Исениўшилер жємєєтиниң сыртындағы адамларды ҳүким қылыў мениң жумысым емес. Сизлер исениўшилер жємєєтиниң ишиндеги адамларды ҳүким қылыўыңыз керек.
13. Ал исениўшилер жємєєтиниң сыртындағы адамларды Кудайдың Ѳзи ҳүким қылады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Жаман адамды араңыздан қуўып шығарыңлар».
1. Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң биреўге даўы болса, исениўшилер алдында емес, ал судтағы исенбейтуғын адамлар алдында даўласыўға қалай батылы барады?
2. Келешекте биз исениўшилердиң дүньяны ҳүким ететуғынын билмейсизлер ме? Егер сизлер дүньяны ҳүким ететуғын болсаңыз, кишкене даўларды шешиў қолыңыздан келмегени ме?
3. Бизлер, ҳєтте, периштелерди де ҳүким етемиз. Солай екен, турмыс ислерин ҳүким ете алыўымыз да сѳзсиз-ғо.
4. Солай болса да, турмыс ислерине байланыслы даўлар пайда болғанда, сизлер исениўшилер жємєєтинде ҳеш қандай абырайға ийе болмаған судтағы исенбейтуғын адамларды тѳреши қыласызлар ма?
5. Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман. Исениўши туўысқанларының арасындағы даўларды шешетуғын араңызда бирде бир ақыллы адам жоқ болғаны ма?
6. Бирақ туўысқан туўысқанға қарсы даўласады, оның үстине исенбейтуғынлар алдында даўласады!
7. Негизинде, бир-бириңизге қарсы даўыңыздың болыўының ѳзи сизлер ушын қатты уят нєрсе. Оннан гѳре, наҳақлыққа шыдағаныңыз жақсырақ болмас па еди? Тоналғаныңыз жақсырақ болмас па еди?
8. Сизлер оның орнына ѳзлериңиз наҳақлық ислеп, биреўди тонап атырсыз. Ол да болса, ѳзиңиздиң туўысқаныңыз.
9. Наҳақлардың Кудайдың Патшалығын мийрас етип алмайтуғынын билмейсизлер ме? Алданбаңлар! Бузықшылық ислеўшилер, бутпаразлар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, еркек пенен жынысый қатнас жасайтуғын еркеклер,
10. урылар, нєпсиқаўлар, мєскүнемлер, жалахорлар ҳєм тонаўшылар Кудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
11. Араңыздағы айырымларыңыз усындай адамлар еди. Бирақ, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳєм Кудайымыздың Руўхы менен тазаландыңыз, мухаддес болдыңыз ҳєм ақландыңыз.
12. Сизлер: «Не ислесем де ериклимен» дейсизлер, бирақ ҳємме нєрсе де пайдалы емес. Дурыс, «Мен не ислесем де ериклимен», бирақ ҳеш бир нєрсе де мени қул қылмаўы керек.
13. «Аўқат қарын ушын, ал қарын аўқат ушын жаратылған», – дейсизлер. Деген менен, Кудай екеўин де жоқ қылады. Бирақ, дене бузықшылық ушын емес, ал Ийемиз ушын жаратылған. Ийемиз де денемизге ғамхорлық қылады.
14. Кудай Ийемизди ѳлимнен тирилтти. Сол сыяқлы, Ол бизлердиң денемизди де Ѳз қүдирети менен тирилтеди.
15. Денелериңиздиң Масихтың мүшелери екенлигин билмейсизлер ме? Масихтың мүшелерин алып, бузық ҳаялдың мүшелери қылыўға бола ма? Ҳеш қашан!
16. Бузық ҳаял менен қосылған адам оның менен бир дене болатуғынын билмейсизлер ме? Себеби Мухаддес Жазыўда: «Екеўи бир дене болады», – делинген-ғо.
17. Бирақ, Ийемиз бенен қосылған адам Оның менен бир руўх болады.
18. Бузықшылықтан аўлақ болыңлар! Адамның ислейтуғын басқа барлық гүналары денесиниң сыртында исленеди. Ал бузықшылық ислеген адам ѳз денесине қарсы гүна ислейди.
19. Денеңиздиң ѳзлериңиз Кудайдан алған ҳєм сизлерде жасап атырған Мухаддес Руўхтың ибадатханасы екенлигин билмейсизлер ме? Сизлер ѳзиңизге тийисли емессиз.
20. Ѳйткени Кудай бийбаҳа тѳлем тѳлеп, сизлерди сатып алды. Сонлықтан да, ѳз денеңиз бенен Кудайды алғыслаңлар.
1. Енди сизлер жазған нєрселерге келсек: дурыс, ер адамның ҳаял менен жақынласпағаны жақсы.
2. Бирақ, бузықшылыққа жол қоймаў ушын, ҳєр бир ер адамның ѳз ҳаялы ҳєм ҳєр бир ҳаялдың ѳз күйеўи болсын.
3. Ер адам ѳз ҳаялына деген, ҳаял да ѳз күйеўине деген ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынласын.
4. Себеби ҳаялдың денеси үстинен ҳаялдың ѳзи емес, ал күйеўи бийлик етеди. Сол сыяқлы, ер адамның денеси үстинен де ер адамның ѳзи емес, ал ҳаялы бийлик етеди.
5. Ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынлаўда бир-бириңизден бас тартпаңлар. Тек ѳз ара келискеннен соң, ѳзлериңизди дуўа етиўге толық бағышлаў ушын ғана ўақытша бѳлек болыңлар. Ѳзиңизди тыя алмағаныңыздан шайтан пайдаланып, сизлерди азғырмаўы ушын кейин жєне бирге болыңлар.
6. Буны бир буйрық сыпатында емес, ал рухсат сыпатында айтып атырман.
7. Барлық адамлардың мен сыяқлы жалғыз жасаўын қєлеймен. Бирақ, ҳєр бир адамның Кудайдан алған сыйы бар: биреўлер хожалық болып некеде жасайды, екиншилер некесиз жалғыз жасайды.
8. Үйленбегенлер менен турмысқа шықпағанларға ҳєм жесир ҳаялларға айтатуғыным: мен сыяқлы жалғыз жасаса, ѳзлери ушын жақсы болады.
9. Бирақ, ѳзлерин тыя алмайтуғын болса, үйленсин ямаса турмысқа шықсын. Ѳйткени жынысый қєлеўлер себепли күйип-жанғаннан гѳре, үйленгени ямаса турмысқа шыққаны жақсырақ.
10. Ал некеде болғанларға мен мынаны буйыраман, анығырағы мен емес, Ийемиз солай буйырған: ҳаял адам күйеўи менен ажыраспасын.
11. Егер ажырасса, я күйеўсиз қалсын, я ѳз күйеўи менен жарассын. Ер адам да ҳаялы менен ажыраспасын.
12. Ал қалғанларға Ийемиз емес, мен былай деймен: егер бир туўысқанымыздың ҳаялы исениўши болмаса, бирақ оның менен жасаўға ыразы болса, ол ҳаялы менен ажыраспасын.
13. Бир исениўши ҳаялдың да күйеўи исениўши болмаса, бирақ күйеўи оның менен жасаўға ыразы болса, ҳаял күйеўи менен ажыраспасын.
14. Себеби исенбейтуғын күйеў ҳаялы себепли, исенбейтуғын ҳаял да исениўши күйеўи себепли, Кудайдың панасында болады. Олай болмағанда, балаларыңыз қудайсыз болар еди, бирақ енди олар Кудайдың панасында.
15. Бирақ, егер исенбейтуғын адам ажырасқысы келсе, ажырассын. Ер ямаса ҳаял туўысқанымыз бундай жағдайда азат болады. Кудай сизлерди тынышлықта жасаўға шақырды.
16. Ҳєй ҳаял, сен арқалы күйеўиң де қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо. Ҳєй еркек, сен арқалы ҳаялың да қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо.
17. Ҳєр бир адам Ийемиздиң ол ушын белгилеген жағдайына бойсынып, Кудай оны қандай жағдайда шақырған болса, сондай болып қалсын. Буны барлық исениўши жємєєтлерге буйыраман.
18. Егер ким де ким сүннетли болып шақырылса, буны жасырмасын. Ким де ким сүннетсиз болып шақырылса, сүннет етилмесин.
19. Сүннетли болыў ямаса болмаў єҳмийетли емес. Ал єҳмийетлиси – Кудайдың буйрықларын орынлаў.
20. Ким қандай жағдайда шақырылған болса, сол жағдайда қалсын.
21. Кул болып шақырылдың ба? Капа болма. Бирақ, азат болыўға мүмкиншилик туўылса, оннан пайдалан!
22. Ийемиз шақырған ўақытта қул болған адам енди Ийемизге тийисли азат адам болады. Сол сыяқлы, азат болып шақырылған адам да Масихтың қулы болады.
23. Кудай бийбаҳа тѳлем тѳлеп, сизлерди сатып алды, сонлықтан адамлардың қулы болмаңлар.
24. Туўысқанларым, ким қандай жағдайда шақырылған болса, Кудай алдында сол жағдайда қалсын.
25. Енди қызларға келсек, Ийемизден оларға байланыслы буйрық алғаным жоқ. Бирақ, Ийемиздиң мийрим-шєпєєтин алған исенимли адам сыпатында мен ѳз пикиримди айтаман.
26. Мениң ойым бойынша, ҳєзирги қыйыншылықларға байланыслы, адам сол ҳалында қала бергени жақсы.
27. Бир ҳаялға басың байланған ба? Онда ажырасыўға умтылма. Ҳаялсызсаң ба? Онда ѳзиңе ҳаял излеме.
28. Деген менен, егер үйленсең де гүна ислемейсең. Егер қыз да турмысқа шықса, гүна ислеген болмайды. Бирақ, турмыс қурғанлар ѳмирде қыйыншылық кѳреди. Мен сизлерди усы қыйыншылықлардан сақлаўды қєлеймен.
29. Туўысқанларым, сизлерге мынаны айтыўды қєлеймен: ўақыт қысқа. Буннан былай, ҳаялы болғанлар ҳаялы жоқтай болсын.
30. Жылап атырғанлар жыламайтуғындай, қуўанып атырғанлар қуўанбайтуғындай, сатып алып атырғанлар ийелик етпейтуғындай,
31. дүньядағы затларды пайдаланып атырғанлар пайдаланбайтуғындай болсын. Ѳйткени бул дүнья ѳткинши.
32. Мен сизлердиң ғам-тєшиўишсиз болғаныңызды қєлеймен. Үйленбеген еркек Ийемизге қалай жағынсам екен деп, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды.
33. Бирақ, үйленген еркек ҳаялыма қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды.
34. Сол себептен ол алағада болып жүреди. Күйеўсиз ҳаял ямаса турмысқа шықпаған қыз денеси менен ҳєм руўхый жақтан мухаддес болыў ушын, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды. Бирақ, турмысқа шыққан ҳаял күйеўиме қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды.
35. Мен буны мойныңызға буғаў салыў ушын емес, ал сизлердиң пайдаңыз ушын айтып атырман. Сизлердиң ҳеш нєрсеге алаң болмай, Ийемизге ѳзлериңизди толық бағышлаўыңызды ҳєм ылайықлы түрде жасаўыңызды қєлеймен.
36. Егер ким де ким ѳз қызының турмысқа шықпағанын уят деп санаса, қызының жасы да ѳтип, турмысқа шығатуғын ўақты келген болса, ол адам қєлегенин ислесин. Кызын күйеўге берсе де, гүна ислеген болмайды.
37. Бирақ сол адам қызын күйеўге бермеўге қарар етсе ҳєм усы нийетинде беккем турып, буны мєжбүрий түрде емес, ал ѳз ерки бойынша ислесе, жақсы қылған болады.
38. Солай етип, қызын күйеўге берген адам жақсы қылған болады, ал күйеўге бермеген адам оннан да жақсырақ қылған болады.
39. Ҳаял күйеўи тири ўақтында басы байлаўлы болады. Күйеўи ѳлсе, ҳаял қєлеген адамына турмысқа шығыўға ерки бар. Тек ол адам Ийемизге тийисли болсын.
40. Бирақ, ҳаял жесир болып қала берсе бахытлырақ болады. Бул мениң пикирим ҳєм менде де Кудайдың Руўхы бар деп ойлайман.
1. Енди бутларға берилген қурбанлықтың гѳшине тоқтайық. Дурыс, ҳєммемиз де билимли екенлигимизди билемиз. Деген менен, билим адамды менмен қылады, ал сүйиспеншилик адамды жигерлендиреди.
2. Адам бир нєрсени билемен деп ойласа, ол еле билиўи керек нєрсени билмегени болады.
3. Бирақ, Кудайды сүйген адамды Кудай биледи.
4. Ал, бутларға берилген қурбанлық гѳшин жеўге келсек, хабарымыз бар, бут дүньяда негизинде ҳеш қандай єҳмийетке ийе емес ҳєм жалғыз Кудайдан басқа қудай жоқ.
5. Адамлардың ойы бойынша жерде де, аспанда да «қудай» деп аталатуғынлар бар. Олар шынында да, кѳп «қудайлар» ҳєм «ийелер» бар деп есаплайды.
6. Бирақ, бизлер ушын тек жалғыз ғана Кудай Єкемиз бар. Ол ҳємме нєрсениң тийкары ҳєм бизлер Ол ушын жасап атырмыз. Жєне де, бизлердиң тек жалғыз ғана Ийемиз – Ийса Масих бар. Ҳємме нєрсе Ол арқалы жаратылған, бизлер де Ол себепли жасап атырмыз.
7. Деген менен, исениўшилердиң ҳєммеси де усындай билимге ийе емес. Олардың айырымлары бул гѳшти жегенде, ѳзлериниң бурынғы бутпаразлық єдети бойынша, елеге дейин оны бутқа берилген қурбанлықтың гѳши деп есаплайды. Сонлықтан олардың ҳүжданы қыйналып, ѳзлерин ипласландық деп ойлайды.
8. Аўқат бизлерди Кудайға жақынластырмайды: бизлер жемесек те, ҳеш нєрсе жойтпаймыз, жесек те, ҳеш нєрсе арттырмаймыз.
9. Бирақ, абайлы болыңлар, бул азатлығыңыз исеними ҳєлсизлердиң азғырылыўына себеп болмасын.
10. Егер исеними ҳєлсиз болған адам алдында айтылған билимге ийе болған сениң буттың ибадатханасында аўқат жеп отырғаныңды кѳрсе, оның да бутларға берилген қурбанлықтың гѳшин жеўге қєлеўи туўылмай ма?
11. Солай етип, сениң билимиң себепли, бул исеними ҳєлсиз туўысқаның набыт болады. Бирақ, Масих ол ушын да қурбан болған-ғо.
12. Сизлер усы тєризде туўысқанларыңызға қарсы гүна ислеўиңиз арқалы ҳєм олардың қыйналып атырған ҳүжданын азапқа түсириўиңиз арқалы Масихқа қарсы гүна ислеген боласызлар.
13. Сонлықтан мениң жеп атырған нєрсем туўысқанымның азғырылыўына себеп болатуғын болса, мен туўысқанымды азғырмаў ушын, ҳеш қашан гѳш жемеймен.
1. Мен азат адам емеспен бе? Мен елши емеспен бе? Мен Ийемиз Ийсаны кѳрмедим бе? Мениң Ийемиз ушын ислеген мийнетимниң жемиси сизлер емессиз бе?
2. Мени басқалар елши деп санамаса да, сизлер мени елши деп санаўыңыз тийис! Ѳйткени сизлер – мениң Ийемиздиң елшиси екенлигимниң дєлилисизлер.
3. Мени сынға алып атырғанлардан ѳзимди былай қорғайман:
4. сизлерге қылған хызметимиз ушын, сизлердиң есабыңыздан ишип-жеўимизге ҳақымыз бар-ғо.
5. Басқа елшилер сыяқлы, Ийемиздиң туўысқанлары ҳєм Кифа сыяқлы, бизлер де қасымызға исениўши ҳаялымызды ертип жүриўге ҳақымыз бар-ғо.
6. Басқа елшилер сыяқлы, мен ҳєм Барнаба да күн кѳриў ушын мийнет етпеў ҳуқықына ийемиз-ғо.
7. Ким ѳз есабынан єскерлик қылады? Ким бағ отырғызып, мийўесин жемейди? Ким сүриўди бағып, сүриўдеги малдың сүтинен ишпейди?
8. Мен буларды тек адамлардың пикири бойынша айтып атырған жоқпан. Муўсаның Нызамында да анық усылар ҳаққында айтылған жоқ па?
9. Онда: «Түйек айдаған ѳгиздиң аўзын буўма», – деп жазылған-ғо. Кудай тек ѳгизлерди қайғырады ма?
10. Кудайдың хызметкерлери болған бизлер ушын айтып атырған жоқ па? Аўа, єлбетте, бул бизлер ушын жазылған-ғо. Мысалы: жерди сүрген адам да, түйек айдаған адам да ѳз үлесин алыўдан үмит етип, мийнет ислейди.
11. Араңызда руўхый туқым егип, сизлерден дүньяға тийисли затларды орып алғанымыз орынсыз ба?
12. Басқалар сизлерден усы затларды алыў ҳуқықына ийе болса, бизлер олардан да кѳбирек ҳуқыққа ийемиз-ғо. Бирақ, бизлер усы ҳуқықымыздан пайдаланған жоқпыз. Масихтың Хош Хабарына тосқынлық жасамайық деп, бизлер ҳємме нєрсеге шыдап атырмыз.
13. Хабарыңыз бар, Ибадатханада хызмет ететуғынлар Ибадатханадан аўқат алып жейди. Сизлерге мєлим, қурбанлық шалынатуғын орын єтирапында хызмет ететуғынлар да қурбан етилген нєрселерден ѳз үлесин алады.
14. Сол сыяқлы, Ийемиз де Хош Хабарды жєриялаўшылар усы хызмети арқалы күн кѳрсин деп буйырған.
15. Бирақ, мен бул ҳуқықларымды ҳеш қашан қолланған емеспен. Маған усындай қылынсын, деп те жазып атырған жоқпан. Бундай ислегенимнен гѳре, ѳлгеним абзалырақ. Мени усы мақтанышымнан айырыўға ҳеш кимге жол қоймайман!
16. Деген менен, Хош Хабарды жєриялап атырғаным себепли мақтаныўға ҳақым жоқ. Себеби бул – мениң миннетли ўазыйпам. Хош Хабарды жєрияламасам, мен ҳєсирет шегемен!
17. Егер мен Хош Хабарды ѳз ықтыярым менен жєриялап атырған болсам, онда мийнетимниң ҳақысын аламан. Бирақ егер мен оны ѳз ықтыярым менен емес, ал исенип тапсырылған миннетли ўазыйпам сыпатында орынлап атырған болсам,
18. онда мениң мийнет ҳақым қандай болады? Хош Хабарды жєриялағанымда ҳуқықларымнан пайдаланбай, оны ешейин жєриялаўым – мениң мийнет ҳақым болады.
19. Мен азат адамман, ҳеш кимниң қулы емеспен. Бирақ, кѳп адамларды Масихқа алып келиў ушын, ҳєммениң қулы болдым.
20. Яҳудийлерди Масихқа алып келиў ушын, мен яҳудийлерге яҳудий сыяқлы болдым. Муўсаның Нызамының қол астында болғанларды Масихқа алып келиў ушын, ѳзим Муўсаның Нызамының қол астында болмасам да, мен оларға Муўсаның Нызамының қол астындағы адам сыяқлы болдым.
21. Муўсаның Нызамына жат болған басқа миллетлерди Масихқа алып келиў ушын, мен оларға Муўсаның Нызамына жат адамдай болдым. Бирақ, мен Кудайдың Нызамына жат адам емеспен, ѳйткени мен Масихтың Нызамының қол астындаман.
22. Исеними күшсизлердиң Масих пенен байланысын беккем қылыў ушын, мен олардың бири сыяқлы болдым. Ҳеш болмаса айырым адамларды болса да қутқарыў ушын, мен ҳєммеге ҳємме нєрсе болдым.
23. Хош Хабар арқалы келетуғын берекеттен үлес алайын деп, мен булардың ҳєммесин Хош Хабар ушын ислеп атырман.
24. Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳєммеси жуўырғаны менен, тек бир адам ғана сыйлық алатуғынын билмейсизлер ме? Сизлер де сыйлық алыўыңыз ушын солай жуўырыңлар.
25. Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳєммеси ѳзлерин барлық нєрседен тыяды. Олар буны ѳткинши тажды алыў ушын ислейди. Ал бизлер мєңгилик тажды алыў ушын ҳєрекет етемиз.
26. Сонлықтан мен мақсетсиз жуўырған адам сыяқлы жуўырмайман. Жудырығымды бийкарға силтеп, ҳаўаны урған адам сыяқлы болмайман.
27. Ал, басқаларға Хош Хабарды жєриялап, ѳзим ылайықсыз адам болып қалмаўым ушын, ѳзимди тыйып, денемди бағындырып атырман.
1. Туўысқанларым! Сизлердиң мынадан хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймен: Кудай бизлердиң, яғный яҳудийлердиң ата-бабаларының ҳєммесин булттың жетелеўи менен жүргизип, олардың барлығын теңизден кешип ѳткизди.
2. Олардың ҳєммеси булт астында ҳєм теңизде суўға шомылдырыў рєсиминен ѳткендей болып, Муўсаның изине ериўшилер болды.
3. Ҳәммеси Қудай кәраматлы жол менен берген бирдей аўқатты жеди.
4. Жєне де, олардың ҳєммеси Кудай кєраматлы жол менен берген бирдей суўды ишти. Себеби олар ѳзлери менен бирге болған кєраматлы жартастан суў ишкен еди. Бул жар тас – Масих еди.
5. Деген менен, олардың кѳбисине Кудайдың кеўли толмағанлықтан, сүйеклери шѳлде қалды.
6. Израиллылар сыяқлы жаман нєрселерди қєлемесин деп, бул ўақыялар бизлерге сабақ болыўы ушын жүз берди.
7. Олардың айырымлары сыяқлы бутпараз болмаңлар. Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Халық ишип-жеў ушын отырды, соңынан орынларынан турып, бутпаразлық ойынына түсти».
8. Олардың айырымлары сыяқлы бузықшылық ислемейик. Усылай ислеп, бир күнниң ишинде жигирма үш мың адам набыт болды.
9. Олардың базылары сыяқлы Ийемизди сынамайық. Усылай ислегенлерди жылан шағып ѳлтирген еди.
10. Олардың айырымлары сыяқлы налымаңлар. Усылай ислегенлерди набыт қылыўшы периште ѳлтирген еди.
11. Олардың басынан кешкен бул ўақыялар басқаларға сабақ болыўы ушын жүз берди ҳєм соңғы заманларда жасап атырған бизлерге ескертиў болыўы ушын жазылды.
12. Сонлықтан исенимде беккем турман деп есаплайтуғын адам усындай гүналарды ислеўден сақ болсын!
13. Сизлердиң басыңызға ҳємме адамлардың басына түсетуғын сынақлардан басқа сынақлар түскен жоқ. Кудай садық, Ол күшиңизден артық сынақларға түсиўиңизге жол қоймайды. Сынақларға шыдаўыңыз ушын, Ол сынақлар менен бирликте олардан шығыў жолын да береди.
14. Сонлықтан сүйикли туўысқанларым, бутпаразлықтан қашыңлар!
15. Мен сизлерге ақыллы адамларға сѳйлегендей, сѳйлеп атырман. Сѳзлеримди ѳзлериңиз ақылға салып кѳриңлер.
16. Ийемизди еслеў кешесинде бизлер шүкирлик билдирип ишетуғын жарылқаў кесеси арқалы Масихтың қанына шериклес болмаймыз ба? Сындырып жеген нанымыз арқалы да Масихтың денесине шериклес болмаймыз ба?
17. Нан бир болғанлықтан, бизлер кѳп болсақ та, бир денемиз. Себеби ҳєммемиз бир нанды бѳлисемиз.
18. Израил халқына қараңлар: қурбанлыққа берилгенлерди жеген адамлар қурбанлық шалынатуғын орындағы хызметке шериклес болмай ма?
19. Енди мен не демекшимен? Бутқа шалынған қурбанлық айрықша ма? Буттың қандай да бир єҳмийети бар ма?
20. Яқ, олай емес! Мениң айтатуғыным мынаў: бутқа табыныўшылар қурбанлықларын Кудайға емес, ал жинлерге береди. Мен сизлердиң жинлерге шериклес болыўыңызды қєлемеймен.
21. Сизлер ҳєм Ийемиздиң кесесинен, ҳєм жинлердиң кесесинен ише алмайсызлар. Жєне де, ҳєм Ийемиздиң дастурханына, ҳєм жинлердиң дастурханына шерик бола алмайсызлар.
22. Ийемизди қызғандырыўға қалай батылымыз барады? Бизлер не, Оннан күшлимиз бе?
23. Сизлер: «Не ислесем де ерклимен» дейсизлер, бирақ ҳємме нєрсе де пайдалы емес. «Не ислесем де ерклимен», – дейсизлер, бирақ ҳємме нєрсе де исенимди жетилистирмейди.
24. Ҳєр бир адам ѳзиниң емес, ал басқалардың пайдасын гѳзлесин.
25. Ҳүжданыңыздың тыныш болыўы ушын, базарда сатылатуғын ҳєр қандай гѳштиң қандай гѳш екенин сорамастан жеңлер.
26. Ѳйткени: «Жер жүзи ҳєм жер жүзиндеги пүткил барлық Ийемизге тийисли».
27. Егер исениўши емес бир адам сени аўқатқа шақырса ҳєм сен де барыўды қєлесең, ҳүжданыңның тыныш болыўы ушын, алдыңа қойылған ҳєр бир нєрсени сорамастан же.
28. Бирақ, биреў саған: «Бул бутқа берилген қурбанлықтың гѳши» десе, айтқан адамның ҳүрмети ушын ҳєм оның ҳүжданы ушын аўқатты жеме.
29. Мен ҳүждан деп, сениң емес, ал басқа адамның ҳүжданын нєзерде тутып атырман. Себеби неге мениң азатлығымды басқа биреўдиң ҳүжданы ҳүким етиўи керек?
30. Егер мен аўқатты шүкирлик пенен қабыл етсем, мен неге шүкирлик етип жеген аўқатым себепли айыпланыўым керек?
31. Солай етип, жесеңиз де, ишсеңиз де, не нєрсени ислесеңиз де, ҳємме нєрсени Кудайдың даңққа бѳлениўи ушын ислеңлер.
32. Яҳудийлердиң де, греклердиң де, Кудайдың жємєєтлериниң де азғырылыўына себеп болмаңлар.
33. Мен де ѳзимниң пайдамды емес, ал кѳплердиң қутқарылыўы ушын олардың пайдасын гѳзлеп, ҳєр бир исте ҳєр бир адамның кеўлинен шығыўға тырысып атырман.
1. Мениң Масихтан ѳрнек алғаным сыяқлы, сизлер де меннен ѳрнек алыңлар.
2. Мени ҳєр бир исте ядыңызға түсирип, мен сизлерге үйреткен дєстүрлер бойынша ис тутып атырғаныңыз ушын сизлерди мақтайман.
3. Бирақ, мен мына нєрсени де билиўиңизди қєлеймен: ҳєр бир ер адамның басы Масих, ҳаялдың басы күйеўи, ал Масихтың басы Кудай.
4. Жємєєт жыйналысында басын жаўып дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳєр бир ер адам ѳз басын бийабырай қылады.
5. Ал, басын жаўмай дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳєр бир ҳаял ѳз басын бийабырай қылады. Бундай ҳаялдың шашын алдырып таслаған ҳаялдан парқы болмайды.
6. Егер ҳаял басын жапқысы келмесе, шашын кестиргени жақсы. Бирақ, ҳаял шашын кестириўди ямаса алдырыўды айып деп билсе, басын жабыўы керек.
7. Ер адам басын жаппасын. Ѳйткени ер адам Кудайға усатып жаратылған ҳєм Оның даңқын кѳрсетеди. Ал ҳаял ер адамның даңқын кѳрсетеди.
8. Себеби ер адам ҳаялдан емес, ал ҳаял ер адамнан жаратылды.
9. Ер адам ҳаял ушын емес, ал ҳаял ер адам ушын жаратылды.
10. Сонлықтан ҳєм периштелер себепли, ҳаял ѳзиниң бийлик астында екенин кѳрсетиў ушын басын жабыўы керек.
11. Деген менен, Ийемизге тийисли адамлардың ѳмиринде ҳаял ер адамнан, ер адам ҳаялдан ғєрезли.
12. Ѳйткени ҳаял ер адамнан жаратылғаны сыяқлы, ер адам да ҳаялдан туўылады. Бирақ, ҳєммесин Кудай жаратқан.
13. Ѳзлериңиз ақыл жуўыртып кѳриңлер: ҳаялдың Кудайға басын жаппай дуўа етиўи єдепке жата ма?
14. Мєдениятыңыздың ѳзи узын шаш ер адам ушын уят екенин,
15. бирақ ҳаял ушын абырай екенин үйретпей ме? Себеби узын шаш ҳаялға жаўлық сыпатында берилген.
16. Бул ҳаққында тартысыўды қєлейтуғын адам бар болса, ол билсин, бизлерде де, Кудайдың жємєєтлеринде де буннан басқа єдет жоқ.
17. Енди мына жол-жорықты берип атырып, сизлерди мақтамайман: ѳйткени жыйналысларыңыздың пайдасынан гѳре, зыяны кѳп.
18. Бириншиден, жємєєтте жыйналғаныңызда араңызда бѳлиниўлер бар екенин еситип атырман. Буған жарым-жарты болса да исенемен.
19. Себеби, єлбетте, дурыс пикир жүргизиўшилер анықланыўы ушын, араңызда ҳєр түрли пикир жүргизиўши топарлар болыўы тийис.
20. Сизлер бѳлинип турып, Ийемизди еслеў кешесин ѳткизиў ушын бирге жыйналсаңыз, бул шын мєнисиндеги Ийемизди еслеў кешеси болмайды.
21. Ѳйткени ҳєр ким ѳзиниң аўқатын басқалардан бурын жеўге асыққанлықтан, биреў аш қалады, биреў мєс болады.
22. Сизлердиң ишип-жеўиңиз ушын үйлериңиз жоқ па? Кудайдың жємєєтин писент етпей, жоқшылықта жасайтуғынларды уялтқыңыз келе ме? Сизлерге не деймен? Сизлерди мақтайын ба? Яқ, бул ушын мақтамайман!
23. Сизлерге тапсырған мына жол-жорығымды мен Ийемизден алдым: қолға услап берилетуғын күни түнде Ийемиз Ийса қолына нанды алды да,
24. шүкирлик билдирди ҳєм нанды сындырып, былай деди: «Бул – сизлер ушын қурбан болатуғын Мениң денем. Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар».
25. Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып былай деди: «Бул кесе – Мениң қаным менен бекитилетуғын Жаңа Келисим. Оны ҳєр ишкениңизде Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар».
26. Себеби бул наннан ҳєр жегениңизде ҳєм бул кеседен ҳєр ишкениңизде, Ийемиз қайта келиўге дейин Оның ѳлими ҳаққында жєриялаған боласызлар.
27. Сонлықтан ким де ким ылайықсыз түрде Ийемиздиң бул нанын жеп, кесесинен ишсе, Ийемиздиң денесине ҳєм Оның қанына қарсы гүна ислеген болады.
28. Ҳєр бир адам ѳзин тексерип кѳрсин, соңынан нанды жеп, кеседен ишсин.
29. Ѳйткени ким де ким Ийемиздиң денесин писент етпей, ылайықсыз түрде нанды жеп, кеседен ишсе, ѳз-ѳзин Кудайдың ҳүкимине дуўшар қылған болады.
30. Сол себептен араңыздағы кѳплериңиз ҳєлсиз ҳєм аўырыўсыз, ѳлип қалған адамлар да кѳп болды.
31. Егер бизлер ѳз-ѳзимизди тексерип кѳргенимизде, Кудай тєрепинен ҳүким етилмеген болар едик.
32. Бирақ, дүнья менен бирге ҳүким етилмеўимиз ушын, Ийемиз бизлерди жазалап, тєрбиялайды.
33. Солай етип, туўысқанларым, Ийемизди еслеў кешесин ѳткизиў ушын жыйналғаныңызда, бир-бириңизди күтиңлер.
34. Егер ким де ким аш болса, үйинде аўқатланып келсин. Сонда жыйналысыңыз Кудайдың ҳүкимине ушырамайды. Басқа мєселелерге келсек, олар бойынша ѳзим барғанымда жол-жорық беремен.
1. Енди руўхый сыйларға келсек, туўысқанларым, сизлердиң бул ҳаққында хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймен.
2. Сизлерге мєлим, бутпараз болған ўақтыңызда биреў мойныңызға жип салып сүйрегендей болып, тилсиз бутларға табынатуғын едиңлер.
3. Сонлықтан мына нєрсени билиўиңизди қєлеймен: Кудайдың Руўхының басқарыўында сѳйлейтуғын ҳеш бир адам: «Ийсаға нєлет жаўсын», – деп айтпайды. Жєне де, тек Мухаддес Руўх басқаратуғын адам ғана: «Ийса – мениң Ийем», – деп айта алады.
4. Ҳєр қыйлы руўхый сыйлар бар, бирақ оларды беретуғын Мухаддес Руўх биреў.
5. Ҳєр түрли хызметлер бар, бирақ бизлер хызмет ететуғын Ийемиз жалғыз.
6. Ҳєр қыйлы ис-ҳєрекетлер бар, бирақ барлық исениўши адамлардың ҳєр бир исинде ҳєрекет етиўши Кудай жалғыз.
7. Пүткил исениўшилер жємєєтиниң пайдасы ушын, Мухаддес Руўх ҳєр бир исениўшиге Ѳз сыйын береди.
8. Мухаддес Руўх биреўге ақыл-даналық сѳзлерин, биреўге билим сѳзлерин,
9. сол Мухаддес Руўх биреўге айрықша исеним, биреўге аўырыўларға шыпа бериў сыйын,
10. биреўге кєраматлар кѳрсетиў күшин береди. Жєне де, сол Мухаддес Руўх биреўге пайғамбаршылық айтыў, биреўге руўхларды айырып билиў, биреўге басқа тиллерде сѳйлеў, биреўге басқа тиллерди түсиндириў сыйын береди.
11. Булардың ҳєммесин иске асырыўшы бир ҳєм анық сол Мухаддес Руўх. Мухаддес Руўх бул сыйларды Ѳз қєлеўи бойынша ҳєр кимге бѳлип береди.
12. Адамның денеси биреў болғаны менен, денениң кѳп мүшелери бар ҳєм мүшелер кѳп болса да, олар бир денени қурайды. Масихтың денеси болған исениўшилер жємєєти де сондай.
13. Себеби бизлер ким болыўымызға қарамай, яҳудий болсақ та, грек болсақ та, қул ямаса азат адам болсақ та, ҳєммемиз Масихтың денеси болыўымыз ушын, бир Мухаддес Руўх тєрепинен шомылдырылдық. Кудай бизлердиң ҳєммемизге бир Мухаддес Руўхты берди.
14. Дене бир емес, ал кѳп мүшелерге ийе.
15. Егер аяқ: «Мен қол болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды.
16. Егер қулақ: «Кѳз болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды.
17. Егер пүткил дене кѳз болса, онда қалай еситиўге болады? Егер пүткил дене қулақ болса, онда қалай ийис сезиўге болады?
18. Сонлықтан Кудай ҳєр бир мүшени денеге Ѳз қєлеўи бойынша жайластырып қойыпты.
19. Егер мүшелердиң ҳєммеси бирдей болғанда, онда дене қаяқта болар еди?
20. Ал ҳақыйқатында, мүшелер кѳп болса да, дене биреў.
21. Кѳз қолға: «Сениң маған керегиң жоқ!» ямаса бас та аяқларға: «Сизлер маған керек емессиз!» – дей алмайды.
22. Керисинше, денениң ҳєлсизирек кѳринген мүшелери анағурлым єҳмийетлирек болады.
23. Денениң итибарсызырақ деп саналған мүшелерине кѳбирек ғамхорлық кѳрсетемиз. Кѳриксиз мүшелеримизге кѳбирек сєн беремиз.
24. Ал кѳрикли мүшелеримиз буған мүтєж емес. Солай етип, Кудай єҳмийетсиз болған мүшелеримизге єҳмийет берип, денемиздиң бирлигин сақлады.
25. Буны Ол денеде бѳлиниў болмасын, ал мүшелер бир-бирине ғамхорлық кѳрсетсин деп иследи.
26. Егер бир мүше азап шексе, пүткил мүшелер бирликте азап шегеди. Бир мүше мєртебеге ериссе, пүткил мүшелер бирликте қуўанады.
27. Солай етип, сизлер бирликте Масихтың денесисиз, ал ҳєр бириңиз ѳз алдыңызға усы денениң мүшелерисиз.
28. Кудай исениўшилер жємєєтинде бириншиден елшилерди, екиншиден пайғамбарларды, үшиншиден муғаллимлерди, соңынан кєрамат кѳрсететуғынларды, аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе болғанларды, басқаларға жєрдем бериўшилерди, жақсы шѳлкемлестириўшилерди ҳєм басқа тиллерде сѳйлейтуғынларды тайынлады.
29. Ҳєммеси елши ме? Ҳєммеси пайғамбар ма? Ҳєммеси муғаллим бе? Ҳєммеси кєрамат кѳрсетиўши ме?
30. Ҳєммеси аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе ме? Ҳєммеси басқа тиллерде сѳйлей ме? Ҳєммеси басқа тиллерди түсиндире ме? Яқ, олай емес!
31. Бирақ, сизлер уллырақ сыйларды алыўға умтылыңлар. Енди мен сизлерге ең жақсы жолды кѳрсетемен:
1. Егер мен адамлардың ҳєм периштелердиң тиллеринде сѳйлесем де, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мениң шыңғырлаған мыстан ҳєм даңғырлаған дєптен парқым болмай қалады.
2. Егер мен пайғамбаршылық қүдиретине ийе болсам, пүткил сырларды билсем ҳєм ҳєр түрли билимге ийе болсам, ҳєтте, таўларды кѳширетуғын күшли исенимим болса да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мен ҳеш нєрсе емеспен.
3. Егер мен пүткил мал-мүлкимди жарлыларға үлестирип берсем, ҳєтте, ѳзимди қурбан етип, денемди отқа жағыўға тапсырсам да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, буннан маған ҳеш қандай пайда жоқ.
4. Сүйиспеншилик сабырлы ҳєм мийримли. Сүйиспеншилик қызғанбайды, мақтанбайды, менменлик қылмайды.
5. Сүйиспеншилик қопаллық ислемейди, ѳз пайдасын гѳзлемейди, тез ашыўланбайды, кек сақламайды.
6. Сүйиспеншилик наҳақлыққа қуўанбайды, ал ҳақыйқатлыққа қуўанады.
7. Сүйиспеншилик ҳємме нєрсени кѳтереди, ҳємме ўақытта исенеди, ҳємме ўақытта үмит етеди, ҳєммесине шыдайды.
8. Сүйиспеншилик ҳеш қашан таўсылып қалмайды. Бирақ, пайғамбаршылықлар жоқ болады, басқа тиллерде сѳйлеў сыйы тоқтап қалады, билим де жоқ болады.
9. Ѳйткени бизлердиң билимимиз де, пайғамбаршылықларымыз да еле толық емес.
10. Бирақ, минсиз болған толық нєрсе келгенде, толық емес нєрсе жоқ болады.
11. Мен бала болған ўақтымда бала сыяқлы сѳйлейтуғын, бала сыяқлы пикир жүргизетуғын ҳєм бала сыяқлы түсинетуғын едим. Ал ересек адам болғанымда, мен балаға тєн қєсийетлерди тасладым.
12. Ҳєзир бизлер ҳєммесин гүңгирт айнада кѳргендей гүмилжи кѳрип турмыз. Бирақ ақырғы ўақыт келгенде, жүзбе-жүз кѳремиз. Ҳєзир мен толық билимге ийе емеспен, бирақ ақырғы ўақыт келгенде, Кудай мени толық билгендей, мен де Оны толық билетуғын боламан.
13. Солай етип, мына үш нєрсе мєңгиге қалады: исеним, үмит ҳєм сүйиспеншилик. Бирақ, булардың ең баслысы – сүйиспеншилик.
1. Сүйиспеншилик пенен жасаўға умтылыңлар ҳєм руўхый сыйларды, єсиресе пайғамбаршылық айтыў сыйын алыўға тырысыңлар.
2. Себеби басқа тилде сѳйлеген адам адамларға емес, ал Кудайға сѳйлейди. Оны ҳеш ким түсинбейди. Ол Мухаддес Руўхтың басқарыўында сырларды айтады.
3. Ал пайғамбаршылық айтқан адам адамларды беккемлеў, жубатыў ҳєм руўхландырыў ушын сѳйлейди.
4. Басқа тилде сѳйлеген адам ѳзин ѳзи беккемлейди. Ал, пайғамбаршылық айтқан адам исениўшилер жємєєтин беккемлейди.
5. Мен сизлердиң ҳєммеңиздиң басқа тиллерде сѳйлеўиңизди қєлеймен. Бирақ оннан гѳре, пайғамбаршылық айтыўыңызды кѳбирек қєлеймен. Басқа тиллер исениўшилер жємєєтиниң беккемлениўи ушын түсиндирилмесе, онда пайғамбаршылық айтыўшы басқа тиллерде сѳйлеген адамнан артығырақ.
6. Солай етип, туўысқанларым, мен сизлерге барып басқа тиллерде сѳйлесем, бирақ сизлерге я Кудайдың аянын, я билим, я пайғамбаршылық сѳзин, я тєлим бермесем, онда мениң сизлерге қандай пайдам тийеди?
7. Сырнай ямаса дуўтар сыяқлы, сес шығаратуғын жансыз нєрселер де анық сес шығармаса, сырнай ямаса дуўтардың не шерткенин ким түсинеди?
8. Егер кєрнай урыстың басланғанын жєриялап, анық сес шығармаса, ким урысқа таярланады?
9. Сол сыяқлы, сизлер де басқа тилде сѳйлеп, түсиниксиз сѳзлерди айтсаңыз, сѳйлеген сѳзиңизди ким түсинеди? Сизлер қуры далаға сѳйлегендей боласызлар-ғо!
10. Дүньяда түрли-түрли тиллер бар ҳєм олардың ҳєр бир сѳзи ѳз мєнисине ийе.
11. Деген менен, егер мен ѳзиме айтылған сѳзди түсинбесем, сѳйлеп турған адам ушын мен жат жерли адам боламан, сѳйлеп турған адам да мен ушын жат жерли адам болады.
12. Сол себептен сизлер руўхый сыйларды алыўға умтылғаныңызда, исениўшилер жємєєтин беккемлейтуғын сыйларды кѳбирек алыўға тырысыңлар.
13. Сонлықтан ким де ким басқа тилде сѳйлейтуғын болса, ол ѳзиниң айтқанларын түсиндире алыўы ушын дуўа етсин.
14. Ѳйткени мен басқа тилде дуўа етсем, руўхым дуўа етеди, бирақ мен буны сана-сезимим менен түсинбеймен.
15. Олай болса, мен не ислеўим керек? Мен руўхым менен де, сана-сезимим менен де дуўа етиўим керек. Руўхым менен алғыс-мақтаў қосығын айтсам, сана-сезимим менен де алғыс-мақтаў қосығын айтыўым керек.
16. Егер сен тек руўхың менен шүкирлик билдирсең, сол жерде турған түсинбейтуғын адам сениң билдирген шүкирлигиңе қалай «аўмийин» дейди?
17. Дурыс, сениң шүкирлик билдиргениң жақсы, бирақ бул арқалы басқа адам руўхый азық алмайды.
18. Кудайға шүкир, мен ҳєммеңизден гѳре, басқа тиллерде кѳбирек сѳйлеймен.
19. Деген менен, исениўшилер жємєєтинде басқа тилде он мың сѳз айтқанымнан гѳре, басқаларға тєлим бериўим ушын түсиникли бес сѳз айтқаным абзалырақ.
20. Туўысқанларым, ақыл-ойыңыз бенен баладай болмаңлар. Жаманлық ислеўде гѳдек сыяқлы, ал ақыл-ойыңыз бенен ересек адам сыяқлы болыңлар.
21. Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ийемиз былай дейди: „Жат тиллерде сѳйлегенлер арқалы, Жат адамлардың аўызлары арқалы бул халыққа сѳйлеймен. Олар сонда да Мени тыңламайды“».
22. Солай етип, басқа тиллерде сѳйлеў исениўшилер ушын емес, ал исенбейтуғын адамлар ушын берилген белги болады. Ал пайғамбаршылық исенбейтуғын адамлар ушын емес, исениўшилер ушын берилген белги болады.
23. Егер пүткил исениўшилер жємєєти бир жерге жыйналып, ҳєммеси бирликте басқа тиллерде сѳйлесе, бул руўхый сыйды түсинбейтуғын ямаса исениўши емес адамлар ишке кирип: «Сизлер ақылдан азыпсыз!» – демей ме?
24. Бирақ, ҳємме пайғамбаршылық қылғанда, исениўши емес ямаса бул руўхый сыйды түсинбейтуғын бир адам ишке кирсе, ҳємме тєрепинен оның гүнасы єшкара етилип, ол ҳємме тєрепинен ҳүким қылынады.
25. Солай етип, оның жүрегиндеги жасырын нєрселер ашылып қалады ҳєм ол жерге жығылып: «Кудай ҳақыйқаттан да, сизлердиң араңызда екен!» – деп Кудайға сыйынады.
26. Туўысқанларым, енди буннан қандай жуўмақ шығарамыз? Сизлер жыйналғаныңызда, бириңиз алғыслаў қосығын айтасыз, бириңиз тєлим бересиз, бириңиз Кудай берген аянды билдиресиз, бириңиз басқа тилде сѳйлейсиз ҳєм жєне бириңиз басқа тилди түсиндиресиз. Булардың ҳєммеси исениўшилер жємєєтиниң беккемлениўи ушын исленсин.
27. Басқа тилде сѳйлегениңизде, еки ямаса ең кѳп дегенде үш адам сѳйлесин, бирақ олар гезек пенен сѳйлесин. Басқа бир адам айтылғанларды түсиндирсин.
28. Егер түсиндиретуғын адам жоқ болса, басқа тилде сѳйлейтуғын адам жємєєтте үндемесин, ал ѳзи жалғыз қалғанда ѳзи ушын Кудайға сѳйлесин.
29. Пайғамбаршылық айтыўшылардың да екеўи ямаса үшеўи сѳйлесин, ал басқалар олардың айтқан сѳзлерин тексерип кѳрсин.
30. Отырған басқа бир адамға сол ўақытта Кудайдан аян берилсе, сѳйлеп турған пайғамбаршылық айтыўшы адам үндемей қалсын.
31. Жємєєттеги ҳєр бир адамды үйретип, ҳєр бир адамға жубаныш бериўиңиз ушын, ҳєммеңиз гезек пенен пайғамбаршылық айтыўыңызға болады.
32. Пайғамбаршылық айтыў сыйы пайғамбаршылық айтыўшы адамлар тєрепинен басқарылады.
33. Себеби Кудай тєртипсизлик Кудайы емес, ал тынышлық Кудайы. Барлық исениўшилердиң жємєєтлеринде болғаны сыяқлы,
34. сизлердиң жємєєтиңизде де ҳаяллар жыйналысларда үндемесин. Олардың сѳйлеўине рухсат етилмеген. Муўсаның Нызамында айтылғандай, олар бойсыныўы керек.
35. Егер олар бир нєрсени үйренбекши болса, үйде күйеўлеринен сорасын. Ѳйткени ҳаялдың жємєєт жыйналысында сѳйлегени айып болады.
36. Кудайдың сѳзи сизлерден шығып, тек жалғыз сизлерге жетип барды ма?
37. Егер ким де ким ѳзин пайғамбар ямаса руўхый жетик адам деп санаса, сизлерге жазып атырған бул сѳзлеримниң Ийемиздиң буйрығы екенин билсин.
38. Ал ким де ким буларды қабыл алмаса, оның ѳзи де қабыл алынбайды.
39. Солай етип, туўысқанларым, пайғамбаршылық айтыўға умтылыңлар. Басқа тиллерде сѳйлеўге тосқынлық жасамаңлар.
40. Бирақ, ҳєммеси де єдеп ҳєм тєртип пенен исленсин.
1. Туўысқанларым, мен сизлерге жєриялаған Хош Хабарды есиңизге түсириўди қєлеймен. Сизлер оны қабыл еттиңлер ҳєм оның тийкарында исенимиңизди беккемлеп атырсызлар.
2. Егер сизлер мен ѳзлериңизге жєриялаған усы Хош Хабарды исеним менен беккем тутсаңыз, ол арқалы қутқарыласыз. Болмаса, бийкарға исенип жүрген боласызлар.
3. Ѳзим алған ең єҳмийетли нєрсени мен сизлерге жеткизген едим. Яғный, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Масих бизлердиң гүналарымыз ушын ѳлди.
4. Жєне де, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Ол қєбирге қойылды ҳєм үшинши күни ѳлимнен қайта тирилди.
5. Ол Кифаға, кейин он еки шєкиртине кѳринди.
6. Соңынан бир ўақыттың ѳзинде бес жүзден аслам исениўши туўысқанымызға кѳринди. Олардың кѳбиси еле тири, базылары қайтыс болды.
7. Буннан соң, Ол Яқыпқа, кейнинен барлық елшилерге кѳринди.
8. Ал ең соңында шала туўылған балаға мегзес болған маған да кѳринди.
9. Себеби мен елшилер ишиндеги ең арзымағаныман. Кудайдың жємєєтин қуўдалағаным ушын, мен елши деп аталыўға да ылайықлы емеспен.
10. Бирақ, мен ҳєзир ким болған болсам, Кудайдың мийрими менен болдым. Оның маған деген мийрими босқа кетпеди. Мен елшилердиң ҳєммесинен кѳп мийнет еттим. Негизинде мен емес, ал мениң менен бирге болған Кудайдың мийрими мийнет етти.
11. Солай етип, мен болайын ямаса басқа елшилер болсын, бизлер усы нєрсе ҳаққында жєриялаймыз. Сизлер де усыған исендиңиз.
12. Масих ѳлимнен қайта тирилди, деп жєриялап атырған болсақ та, қалай араңыздағы базы адамлар ѳлимнен тирилиў жоқ дейди?
13. Егер ѳлилер тирилмейтуғын болса, онда Масих та тирилмеген болады.
14. Масих тирилмеген болса, онда бизлердиң жєриялағанларымыз да, сизлердиң исенимиңиз де бийкар болады.
15. Ҳєтте, бизлер Кудай ҳаққында жалған гүўалық берген адамлар болып қаламыз. Ѳйткени бизлер Кудай Масихты тирилтти, деп гүўалық берген едик. Егер ѳлилер ҳақыйқаттан да қайта тирилмейтуғын болса, онда Кудай да Масихты тирилтпеген болады.
16. Егер ѳлилер тирилмейтуғын болса, онда Масих та тирилмеген болады.
17. Масих тирилмеген болса, онда сизлердиң исенимиңиз бийкар болады ҳєм сизлер еле гүналарыңыздың бийлиги астында жасап атырған боласызлар.
18. Олай болса, Масихқа тийисли болып дүньядан ѳткен адамлар да набыт болған болады.
19. Егер бизлер тек бул дүньядағы ѳмиримизде ғана Масихтан үмит ететуғын болсақ, онда бизлер ҳємме адамлар ишиндеги ең аянышлы адамлар болғанымыз.
20. Бирақ, Масих ҳақыйқаттан да ѳлимнен қайта тирилди! Ол ѳлилер ишинен биринши болып тирилиўи арқалы ѳлилердиң тирилетуғынын дєлилледи.
21. Бир адам арқалы ѳлим келгени сыяқлы, бир Адам арқалы ѳлимнен тирилиў келди.
22. Яғный, Адам-ата менен қатнасы болған пүткил адамзат ѳлетуғыны сыяқлы, Масих пенен қатнасы болған барлық адамлар тирилип, ѳмирге ериседи.
23. Бирақ, ҳєр бири ѳз гезеги бойынша тириледи: ең алды менен Масих, соңынан Масих қайтып келгенде, Оған тийисли болғанлар тириледи.
24. Буннан кейин, Масих ҳєр бир ҳєкимшиликти, ҳєр бир бийликти ҳєм қүдиретти сапластырып, патшалықты Єкемиз Кудайға тапсырғанда, ақырзаман болады.
25. Себеби Кудай барлық душпанларын Масихтың аяғының астына бастырмағанша, Масих патшалық етиўи тийис.
26. Жоқ қылынатуғын соңғы душпан – ѳлим болады.
27. Ѳйткени Мухаддес Жазыўда: «Кудай барлығын Оның аяқларының астына бастырып, Оған бойсындырды», – делинген. Бирақ, бул «барлығын» деген сѳздиң ишинде барлығын Масихқа бойсындырған Кудай нєзерде тутылмағаны анық.
28. Барлығы Улға бойсынғанда, Ул да барлығын Ѳзине бойсындырған Кудайға бойсынады. Усылай етип, Кудай ҳємме нєрсе үстинен толық бийлик жүргизеди.
29. Егер қайта тирилиў жоқ болса, ѳлилер ушын суўға шомылдырылғанлар не болады? Ѳлилер ҳеш қашан тирилмейтуғын болса, адамлар не себептен ѳлилер ушын суўға шомылдырылады?
30. Жєне де, бизлер не ушын ҳєр саат сайын ѳзимизди қєўип астына қоямыз?
31. Туўысқанларым, сизлердиң Ийемиз Масих Ийса менен болған байланысыңызды мақтаныш етип, ант ишемен: мен ҳєр күни ѳлим менен жүзбе-жүз ушыраспақтаман.
32. Егер адамлардың ойы бойынша ѳлилер тирилмейтуғын болса, Ефестеги жабайы ҳайўанлар сыяқлы болған адамлар менен гүресип, ѳлим қєўпи астында қалғанымның маған қандай пайдасы бар? Егер ѳлилер тирилмейтуғын болса: «Келиңлер, ишип-жеп қалайық, себеби ертең ѳлемиз-ғо!»
33. Усылай пикир жүргизетуғын адамлардан алданып қалмаңлар: жаман дослар жақсы єдетлерден айырады.
34. Есиңизди жыйып, ѳзиңизге келиңлер ҳєм енди қайтып гүна ислемеңлер. Айырымларыңыз Кудайды билмейди. Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман.
35. Бирақ, биреў: «Ѳлилер қалай тириледи? Кандай дене менен келеди?» – деп сораўы мүмкин.
36. Не деген ақылсызлық! Сениң еккен туқымың ѳлмесе, кѳгерип шықпайды-ғо.
37. Сен еккениңде, кѳгерип турған ѳсимликти емес, ал тек туқымды, бийдай ямаса басқа бир ѳсимликтиң туқымын егесең.
38. Кудай туқымға Ѳз қєлеўи бойынша дене береди. Туқымлардың ҳєр бирине ѳз алдына бир дене береди.
39. Тири жанлардың денеси бирдей емес. Адамлардың денеси басқа, ҳайўанлардың денеси басқа, қуслардың ҳєм балықлардың денеси басқа болады.
40. Аспан денелери бар, жер денелери де бар. Аспандағы денелердиң сулыўлығы басқа, жердеги денелердиң сулыўлығы басқа.
41. Куяштың сулыўлығы басқа, айдың сулыўлығы басқа, жулдызлардың сулыўлығы басқа. Сулыўлығы бойынша, жулдыз жулдыздан парық қылады.
42. Ѳлилердиң тирилиўи де сондай болады. Ширийтуғын дене кѳмиледи, бирақ ол ширимейтуғын болып тириледи.
43. Дене хорлық пенен кѳмиледи, салтанат пенен тириледи. Ҳєлсиз болып кѳмиледи, күшли болып тириледи.
44. Тєбийғый дене кѳмиледи, бирақ ол руўхый дене болып тириледи. Тєбийғый дене бар болғаны сыяқлы, руўхый дене де бар.
45. Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Биринши адам – Адам-ата тири жан болды». Ал соңғы Адам – Ийса Масих ѳмир бериўши руўх болды.
46. Бирақ, биринши болып руўхый дене емес, ал тєбийғый дене келди. Руўхый дене кейнинен келеди.
47. Биринши адам жерден, яғный топырақтан болды. Екинши адам аспаннан келди.
48. Топырақтан болған Адам-ата қандай болса, топырақтан болған адамлар да сондай болады. Аспаннан келген Ийса Масих қандай болса, аспанға тийисли болған адамлар да сондай болады.
49. Бизлер топырақтан болған Адам-атаға қалай уқсайтуғын болсақ, аспаннан келген Ийса Масихқа да солай уқсайтуғын боламыз.
50. Туўысқанларым, мениң сизлерге айтып атырғаным мынаў: бизлердиң ет пенен қаннан ибарат болған тєбийғый денемиз Кудайдың Патшалығын мийрас етип ала алмайды. Ширип кететуғын денемиз мєңгилик ѳмирге ерисе алмайды.
51. Енди мен сизлерге бир сырды ашып бермекшимен: бизлердиң ҳєммемиз шетимизден ѳлмеймиз, бирақ ҳєммемиз ѳзгеремиз.
52. Бирден кѳзди ашып-жумғанша, соңғы кєрнай шалынғанда, ѳзгерип кетемиз. Аўа, кєрнай шалынғанда, ѳлген исениўшилер ширимейтуғын денеде тириледи, тири болған бизлер де ѳзгерип кетемиз.
53. Себеби бизлердиң бул ширийтуғын ҳєм ѳлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳєм ѳлмейтуғын дене болып ѳзгериўи тийис.
54. Ширийтуғын ҳєм ѳлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳєм ѳлмейтуғын болып ѳзгерсе, Мухаддес Жазыўда айтылған мына сѳзлер иске асады: «Ѳлим жоқ етилди, ол жеңилди!»
55. «Ҳєй ѳлим, жеңисиң қєне? Ҳєй ѳлим, уўлы ийнең қєне?»
56. Ѳлимниң уўлы ийнеси – гүна. Гүна ѳз күшин Мухаддес Нызамнан алады.
57. Бирақ, Кудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди Ийемиз Ийса Масих арқалы жеңиске еристире береди.
58. Солай етип, сүйикли туўысқанларым, тайсалмай беккем турыңлар ҳєм Ийемиздиң хызметинде бєрқулла ғайратлы болыңлар. Ѳйткени Ийемиздиң жолында еткен хызметиңиздиң босқа кетпейтуғынын билесизлер.
1. Енди исениўшилерге берилетуғын ақшалай жєрдемге келсек, сизлер де буны Галатиядағы исениўши жємєєтлерге тапсырғанымдай ислеңлер.
2. Ҳєр екшемби күни ҳєр бириңиз ѳз жағдайына қарап, ақшаны бѳлек жыйнап қойсын. Сонда мен сизлерге барғанымда, ақшаны жыйнап жүриўдиң зєрүрлиги болмайды.
3. Сизлерге барғанымда, берген садақаларыңызды апарыўға кимлерди ылайықлы кѳрсеңиз, мен сол адамларға хатлар берип, Ерусалимге жиберемен.
4. Егер мениң де кетиўим керек болса, олар мениң менен бирге кетеди.
5. Мен сизлерге Македония арқалы бараман. Себеби мен усы үлке арқалы жүрмекшимен.
6. Касыңызда бир қанша ўақыт қалыўым, ҳєтте, сизлер менен қысты да бирге ѳткизиўим мүмкин. Соннан кейин, мен қай жерге кетежақ болсам да, сизлер маған жєрдем етерсиз.
7. Мен бул сапары сизлерди жол-жѳнекей кѳрип кетиўди қєлемеймен. Егер Ийемиз рухсат етсе, сизлер менен бирге бир қанша ўақыт қалыўдан үмит етемен.
8. Бирақ, мен Ефесте Елиўинши күни байрамына дейин қалажақпан.
9. Ѳйткени бул жерде ѳнимли мийнет етиўим ушын маған кең жол ашылды. Деген менен, маған қарсы шығып атырғанлар да кѳп.
10. Тимофей сизлерге барғанда, араңызда қєўипсиз жүриўи ушын кѳз қулақ болыңлар. Себеби ол да мен сыяқлы Ийемизге хызмет етеди.
11. Сонлықтан оны ҳеш ким пєс кѳрмесин. Мениң қасыма келиўи ушын оны аман-есен шығарып салыңлар. Ѳйткени мен туўысқанларымыз бенен бирге оның келиўин күтип отырман.
12. Туўысқанымыз Аполосқа келсек, туўысқанларымыз бенен бирге сизлерге барыўын оннан кѳп ѳтинген едим. Бирақ, ол ҳєзир сизлерге барыўды ҳеш қєлемей атыр. Колайлы жағдай туўылғанда, ол сизлерге барады.
13. Сергек болыңлар, исенимде беккем турыңлар, мєрт ҳєм жигерли болыңлар.
14. Ҳєр бир нєрсени сүйиспеншилик пенен ислеңлер.
15. Ахая үлкесинде биринши болып исенген ҳєм ѳзлерин исениўшилердиң хызметине бағышлаған Степанның хожалығын билесизлер. Сизлерден ѳтиниш, туўысқанларым:
16. сизлер де усындай адамларға ҳєм олар менен бирге мийнет ететуғын адамлардың ҳєммесине бойсыныңлар.
17. Мен Степанның, Фортунатустың ҳєм Ахайктың келгенине қуўанышлыман. Олар сизлердиң орныңызды басып, сизлердиң жоқлығыңызды умыттырды.
18. Олар мениң руўхымды да, сизлердиң руўхыңызды да кѳтерди. Бундай адамлардың қєдирин билиңлер.
19. Азия үлкесиндеги жємєєтлер сизлерге сєлем айтып атыр. Акила менен Прискила ҳєм олардың үйиндеги исениўшилер жємєєти Ийемиз бенен қатнаста болған сизлерге кѳп-кѳп сєлем айтып атыр.
20. Усы жердеги барлық туўысқанлар да сизлерге сєлем айтып атыр. Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сєлемлесиңлер.
21. Мен, Павел, бул сєлемнаманы ѳз қолым менен жазып атырман.
22. Ийемизди сүймейтуғын адамға нєлет болсын! О Ийемиз, келе-гѳр!
23. Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын!
24. Мен сизлердиң ҳєммеңизди Масих Ийсаның сүйиспеншилиги менен сүйемен. Аўмийин.