Инжил Каракалпак

Филиплилерге жазылған хат

1. Масих Ийсаның қуллары болған бизлер, Павел ҳєм Тимофейден, Филип қаласындағы Ийса Масихқа тийисли болған барлық мухаддеслерге, єсиресе жємєєт жетекшилери менен хызметшилерине сєлем!
2. Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин!
3. Сизлерди ҳєр сапар еске алғанымда, Кудайға шүкирлик билдирип атырман.
4. Мен Кудайға дуўа еткенимде, сизлер ушын ҳєр қашан қуўаныш пенен сорайман.
5. Себеби сизлер бастан баслап ҳєзирги ўақытқа дейин Хош Хабарды жєриялаўға үлес қосып келмектесизлер.
6. Сизлердиң араңызда жақсы исти баслаған Кудайдың буны Масих Ийсаның күнине шекем толық тамамлайтуғынына анық исенемен.
7. Ҳєммеңиз туўралы усындай пикирде болыўым орынлы, ѳйткени сизлер ҳємме ўақыт мениң жүрегимдесиз. Мен тутқын болсам да, Хош Хабарды жақласам да ҳєм оның ҳақыйқатын турақлылық пенен дєлиллесем де, ҳєммеңиз мениң менен бирликте Кудайдың мийримин бѳлисип келмектесиз.
8. Сизлердиң ҳєммеңизди Масих Ийсаның сүйиспеншилиги менен қалай сағынғаныма Кудайдың Ѳзи гүўа.
9. Сүйиспеншилигиңиз толық билим ҳєм терең түсимпазлық пенен ѳсип арта бериўи ушын дуўа етип атырман.
10. Солай етип, сизлер Масихтың келетуғын күнинде пєк ҳєм минсиз болыўыңыз ушын, ең жоқары ийгиликтиң не екенин айыра аласызлар.
11. Жєне де, Кудайды уллылап, алғыс-мақтаўлар айтыўыңыз ушын, Ийса Масих арқалы ҳақыйқатлық жемисине бай боласызлар.
12. Туўысқанларым, мынаны билиўиңизди қєлеймен: мениң басымнан кеширгенлерим Хош Хабардың жєне де кѳбирек жайылыўына ҳақыйқаттан да жєрдем етти.
13. Мениң Масих ушын тутқын болғаным пүткил сарай сақшыларына ҳєм қалған ҳємме адамларға мєлим болды.
14. Сондай-ақ, мениң тутқынлығым себепли, кѳпшилик туўысқанларымыздың Ийемизге деген исеними беккемленип, олар Кудайдың сѳзин қорқпастан айтыўға бурынғыдан да кѳбирек батырлық кѳрсетпекте.
15. Дурыс, гейбиреўлер Масих ҳаққында күншиллик пенен, жарыспаққа жєрияласа, ал базылар жақсы нийет пенен жєрияламақта.
16. Усы кейингилер мениң бул жерге Хош Хабардың қорғаўшысы етип қойылғанымды билип, буны сүйиспеншилик пенен ислеп атыр.
17. Ал алдыңғылары мениң тутқынлық аўҳалымды еле де аўырластырмақшы болып, Масих ҳаққында ѳзлериниң атақ-абырайлары ушын напєк нийет пенен жєрияламақта.
18. Бирақ, солай болса не болыпты? Мейли, жаман нийет пенен болсын, мейли, ҳақ нийет пенен болсын, Масих ҳаққында қандай жол менен жєрияланса да, мен буған қуўанаман. Аўа, мен қуўана беремен де.
19. Себеби сизлердиң еткен дуўаларыңыздың ҳєм Ийса Масихтың Руўхының жєрдеми менен, бул аўҳалымнан азат болатуғынымды билемен.
20. Кандай жағдай болса да, мен Масихтан арланбаўды қєлеймен. Тири болсам да, ѳлсем де, ҳєр қашан болып келгениндей, ҳєзир де Масихты пүткил барлығым менен уллылаў ушын толық батырлық кѳрсетиўден беккем үмит етемен.
21. Ѳйткени мениң ушын ѳмиримниң мєниси – бул Масих, ал ѳлим утыс демек.
22. Бирақ, егер бул дүньяда ѳмир сүриўим арқалы ѳнимли мийнет етсем, онда нени таңлаўды билмеймен.
23. Мени еки тєреп те ѳзине тартады. Бул дүньядан кетип, Масих пенен бирге болыўды қєлеймен. Себеби бул анағурлым жақсырақ.
24. Бирақ, бул дүньяда қалыўым сизлер ушын кереклирек.
25. Буған кѳзим жеткенликтен, қалатуғынымды билемен. Исенимде ѳсип қуўаныўыңыз ушын, ҳєммеңиз бенен бирге боламан.
26. Солай етип, жєне жаныңызға келгенимде, Масих Ийса алдында мениң менен еле де кѳбирек мақтана аласызлар.
27. Тек жасап атырған ѳмириңиз Масихтың Хош Хабарына ылайықлы болсын. Сонда келип сизлерди кѳрсем де, алыста болып ҳал-жағдайыңызды еситсем де, сизлердиң бир руўхта беккем турғаныңызды, Хош Хабарға деген исеним ушын бир жан, бир тєн болып гүресип атырғаныңызды билейин.
28. Жєне де, ѳзлериңизге қарсы шыққанлардан ҳеш қорқпайтуғыныңызды да еситейин. Сизлердиң бундай батырлығыңыз олардың набыт болатуғынының, ал сизлердиң қутқарылатуғыныңыздың белгиси ҳєм Кудайдың иси.
29. Ѳйткени Кудай Масих ушын, сизлерге Оған тек исениўди емес, ал Ол ушын азап шегиўди де айрықша ҳуқық етип берген.
30. Усы азапты басымнан кеширгенимди сизлер кѳрдиңлер ҳєм ҳєзир де азап шегип атырғанымды еситип атырсызлар. Мениң бул гүресиме сизлер де шериксизлер.
1. Егер сизлерде Масихтан келген жигер, сүйиспеншиликтен пайда болған жубаныш, Мухаддес Руўх пенен қарым-қатнас, мийримлилик ҳєм реҳимлилик бар болса,
2. онда бир пикир ҳєм сүйиспеншилик пенен, бир руўх ҳєм мақсет пенен бирлесип, мениң қуўанышымды толы қылың.
3. Ҳеш бир нєрсени ѳз атақ-абырайыңызды асырыў ушын ямаса мақтаншақлық пенен ислемеңлер. Ал ҳєр бириңиз кишипейиллик пенен, басқаларды ѳзиңизден үстин деп есаплаңлар.
4. Тек ѳзиңиздиң ғана емес, ал басқалардың да пайдасын гѳзлеңлер.
5. Масих Ийсада болған мына кишипейилликке сизлер де ийе болыңлар:
6. Масих қудайлық тєбиятқа ийе бола тура, Кудайға тең атақты алыўға умтылыўды Ѳзине минєсип кѳрмеди.
7. Ал Ѳз уллылығынан ўаз кешип, қул келбетин қабыллады. Ол адам болып туўылып, адам кѳринисинде келди.
8. Ол Ѳзин пєс тутты ҳєм ѳлимге, ҳєтте, атанақ ағаштағы ѳлимге барып, Кудайға бойсынды.
9. Сонлықтан да, Кудай Оны ең бийик мєртебеге еристирди ҳєм Оған барлық атлардан жоқары туратуғын атты берди.
10. Солай етип, Ийсаның аты аталғанда аспандағылардың, жердегилердиң ҳєм жердиң астындағылардың барлығы дизе бүгип,
11. Кудай Єкениң уллыланыўы ушын, ҳємме Ийса Масихты Ийемиз деп ашық мойынлайды.
12. Солай етип, сүйикли туўысқанларым, мен жаныңызда болғанымда, сизлер бєрқулла Кудайға бойсынатуғын едиңлер. Ал ҳєзир жаныңызда жоқ ўақтымда да бурынғыдан кѳбирек бойсынып, қорқыныш ҳєм сақлық пенен, қутқарылыўыңызға сай ис-ҳєрекетлерди ємелге асыра бериңлер.
13. Себеби Ѳзине унаған ислерди қєлеўиңиз ҳєм ислеўиңиз ушын, Кудайдың Ѳзи сизлерге түртки салады.
14. Ҳєр бир нєрсени тоңқылдамай ҳєм тартыспай ислеңлер!
15. -
16. Сонда сизлер адасқан ҳєм бузылған єўлад арасында Кудайдың кемшиликсиз, таза ҳєм минсиз балалары боласызлар. Кудайдың ѳмир беретуғын сѳзлерин басқаларға жеткизип, дүньядағы жулдызлар сыяқлы жарқырайсызлар. Солай етип, мениң жан-тєним менен қылған мийнетим босқа кетпей, Масихтың қайта келетуғын күнинде мақтана аламан.
17. Сизлердиң исеним бойынша берген қурбанлығыңызды ҳєм еткен хызметиңизди толықтырыў ушын, қаным қурбанлық шарабы сыяқлы тѳгилетуғын болса да, мен қуўанаман ҳєм ҳєммеңиздиң қуўанышыңызды бѳлисемен.
18. Сол сыяқлы, сизлер де қуўаныңлар ҳєм мениң қуўанышымды бѳлисиңлер.
19. Ҳал-жағдайыңызды билип, мениң де кеўлим жай табыў ушын, Ийемиз Ийса қєлесе, Тимофейди жақын арада сизлерге жибериўден үмит етемен.
20. Ѳйткени ол сыяқлы, шын жүректен сизлердиң ғамыңызды ойлайтуғын мениң басқа адамым жоқ.
21. Ҳємме Масих Ийсаның емес, ал ѳз мєпин ойлайды.
22. Бирақ Тимофейдиң исенимли адам екени сизлерге мєлим. Себеби ол єкесиниң жанында хызмет еткен ул сыяқлы, Хош Хабардың жєрияланыўы ушын мениң қасымда хызмет етти.
23. Жағдайымның қандай болатуғыны белгили болыўдан, оны дєрриў жибериўден үмит етемен.
24. Ийемизге исенимим кємил, мениң ѳзим де жақын арада барып қаламан.
25. Бирақ, мүтєж болғанымда маған жєрдем етиў ушын сизлердиң жиберген елшиңиз, туўысқаным, шеригим ҳєм Хош Хабар ушын саўаштағы жолдасым Епафродитти сизлерге қайтарып жибериўди мақул кѳрдим.
26. Ѳйткени ол ҳєммеңизди сағынып атыр ҳєм оның аўырып қалғаны ҳаққында хабар тапқаныңыз себепли, қатты уўайымлады.
27. Ол ҳақыйқаттан да, ѳлим тѳсегинде жатты. Деген менен, Кудай оған, тек оған емес, ал қайғы үстине қайғы шекпеўим ушын маған да реҳимлилик етти.
28. Сонлықтан оны жєне кѳрип қуўаныўыңыз ушын ҳєм мениң қайғыларым да жеңиллесиўи ушын, оны қатты асығыслық пенен жаныңызға жиберип атырман.
29. Оны Ийемиздиң атынан үлкен қуўаныш пенен қарсы алыңлар ҳєм усындай адамларды ҳүрмет етиңлер.
30. Себеби сизлердиң маған ете алмаған хызметиңизди етиў ушын, ол ѳз жанын қєўип астына қойып, Масихтың иси ушын бир ѳлимнен қалды.
1. Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып қуўаныңлар. Сизлерге бирдей нєрселерди қайталап жазыў мени зериктирмейди, жєне де бул сизлер ушын зыянсыз.
2. Ийттей болған жалған муғаллимлерден, жаманлық ислеўшилерден, қутқарылыў ушын сүннет етилиў тийис, деўшилерден сақ болыңлар!
3. Ѳйткени бизлер – руўхый сүннет етилген Кудайдың халқымыз. Бизлер Кудайға Оның Руўхы арқалы сыйынамыз, Масих Ийса менен мақтанып, ѳз шығысымызға ҳєм ерискен нєрселеримизге сүйенбеймиз.
4. Негизинде мен оларға сүйене алар едим. Егер басқа биреў ѳз шығысыма ҳєм ерискен нєрселериме сүйениўге дєлилим бар деп ойласа, меники оныкинен де кѳбирек:
5. мен сегиз күнлик ўақтымда сүннет етилдим. Израил халқынан, Бенамин урыўынан болған нағыз яҳудиймен. Диний нызам бойынша парисеймен.
6. Диний инта бойынша исениўшилер жємєєтин қуўдалаған ҳєм диний нызам талап еткен ҳақлық бойынша кемшиликсиз адам едим.
7. Бирақ, бир ўақытлары єҳмийетли деп билген бул нєрселеримди енди Масих ушын пайдасыз деп есаплайман.
8. Аўа, мен ҳємме нєрсени Ийем Масих Ийсаны билиўдиң артықмашылығы алдында пайдасыз деп санайман. Жєне де, мен Масих ушын ҳємме нєрседен бас тарттым ҳєм Оған ерисип, Оның менен бирге болыў ушын, ҳєммесин сыпырынды деп есаплайман.
9. Енди Мухаддес Нызамды орынлаўым арқалы алатуғын ѳз ҳақлығыма емес, ал Масихқа деген исеним арқалы берилетуғын, яғный Кудайдың исенимимизге қарай беретуғын ҳақлығына ийемен.
10. Кєне енди, Масихтың Ѳзин ҳєм Оның қайта тирилиўиниң күшин билип алсам. Оның азапларына қатнасып, ѳлимине де шерик болсам.
11. Солай етип, түбинде ѳлимнен қайта тирилиўге ериссем.
12. Мен буларға єлле қашан ерискеним ямаса жетискеним ушын айтып атырған жоқпан. Ал, Масих мени қандай мақсет ушын таңлап алған болса, мен сол мақсетке жетиўге тырысып атырман.
13. Туўысқанлар, мен ѳзимди усы мақсетке жеттим деп есапламайман. Тек ғана изде қалғанларды естен шығарып, алдындағыларға умтылып атырман.
14. Кудайдың сыйына, Оның Масих Ийса арқалы шақырған аспандағы ѳмирине ерисиў ушын, мен белгиленген мақсетке жетиўге тырысып атырман.
15. Солай етип, арамыздағы исеними жетискен адамлардың ҳєммеси усы ой-пикирге ийе болсын. Егер сизлер басқаша ойлайтуғын болсаңыз, Кудай сизлерге буны да ашып береди.
16. Тек ерискен ҳақыйқатымыз бойынша ѳмир сүрейик.
17. Туўысқанларым, ҳєммеңиз бирликте меннен ѳрнек алыңлар. Бизлердиң сизлерге кѳрсеткен ѳрнегимиз бойынша жасап атырғанларға дыққат аўдарып, олардан үлги алыңлар.
18. Сизлерге кѳп мєрте айтқанымдай, ҳєзир де кѳз жасларымды тѳгип тєкирарлап атырман: кѳп адамлар Масихтың атанақ ағаштағы қурбанлығын қабыл етпей, Оның душпаны болып жасамақта.
19. Бундайлардың тєғдирине набыт болыў жазылған болып, олардың қудайы – ѳз қулқыны. Олар уятсыз қылықлары менен мақтанып, тек бул дүньяның қызығын ғана ойлайды.
20. Бирақ, бизиң ўатанымыз аспанда. Бизлер сол жерден Кутқарыўшымыз болған Ийемиз Ийса Масихтың келиўин күтпектемиз.
21. Ҳємме нєрсени бойсындыра алатуғын қүдирети менен, Ол бизлердиң ҳєлсиз ҳєм ѳткинши денемизди ѳзгертип, Ѳзиниң уллы денесине уқсатады.
1. Сонлықтан ҳєй жүректен сағынып жүрген сүйикли туўысқанларым, қуўанышым ҳєм басымның тажы, Ийемиз бенен қатнасыңыз беккем болсын, қєдирданларым!
2. Еводияға ѳтиниш етемен, Синтихияға да ѳтиниш етемен, Ийемиз бенен қатнаста болған сизлер, аўызбиршиликли болыңлар!
3. Аўа, садық Сизигус саған да жалбарынаман, бул ҳаялларға жєрдем бер. Себеби олар мениң менен, Климент пенен ҳєм басқа хызметшилер менен бирге Хош Хабарды жєриялаў ушын аўыр мийнет етти. Олардың ҳєммесиниң атлары Ѳмир китабында жазылған.
4. Ийемиз бенен қатнаста болып, бєрқулла қуўаныңлар. Тєкирарлап айтаман: қуўаныңлар.
5. Сизлердиң адамгершилигиңиз ҳємме адамларға мєлим болсын. Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын.
6. Ҳеш нєрседен тєшиўиш шекпеңлер. Ал ҳємме нєрсе ушын Кудайға дуўа етип ҳєм жалбарынып, ҳєр бир тилегиңизди Оған шүкирлик пенен билдириңлер.
7. Сонда ҳєр қандай ақыл-ойдан зыят болған Кудайдың тынышлығы Масих Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳєм ой-пикирлериңизди қорғайды.
8. Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, тек нелердиң ҳақыйқый, нелердиң ҳүрметли, нелердиң ҳақ, нелердиң пєк, нелердиң унамлы, нелердиң мақтаўға турарлы, жєне де, нениң жақсы ҳєм нениң алғысқа ылайықлы екенин терең ойлаңлар.
9. Меннен нелерди үйренип, қабыл етип, еситип ҳєм кѳрген болсаңыз, соларды ислеңлер. Сонда тынышлық бериўши Кудайдың Ѳзи сизлер менен бирге болады.
10. Маған енди жєне ғамхорлық кѳрсетип атырғаныңыз ушын, мен Ийемизге алғыс айтып, қатты қуўанаман. Єлбетте, сизлер бурын да маған ғамхорлық қылыўды ойлайтуғын едиңиз, бирақ буған мүмкиншилик жоқ еди.
11. Мен бул сѳзлерди мениң бир мүтєжлигим болғанлықтан айтып атырған жоқпан. Ѳйткени мен ҳєр қандай жағдайда да барыма қанаат етиўге үйренгенмен.
12. Жоқшылықта да, молшылықта да жасаўдың не екенин билемен. Ҳєр қандай аўҳалда да: тоқшылықта ҳєм ашлықта, молшылықта ҳєм мүтєжликте жасаўдың сырын үйрендим.
13. Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масих пенен бирге ҳємме нєрсени ислей аламан.
14. Деген менен, сизлер мениң қыйыншылықларымды бѳлисип, жақсы иследиңлер.
15. Ҳєй филиплилер, сизлерге биринши рет Хош Хабарды жєриялап, Македониядан шыққан ўақтымда басқа жємєєтлер емес, ал тек сизлер ғана мениң менен алыс-берис қылғаныңызды ѳзлериңиз де билесизлер.
16. Мен Салоникада болған ўақтымда да сизлер бир неше мєртебе маған мүтєж нєрселеримди жеткиздиңлер.
17. Мен буны сизлерден бир зат алмақшы болып емес, ал сизлердиң есабыңызда руўхый жемис кѳбейсин деп айтып атырман.
18. Менде ҳємме нєрсе бар, ҳєтте, артып та атыр. Епафродит арқалы жиберген нєрселериңизди алғанлығым себепли, ҳеш мүтєжлигим қалмады. Бул нєрселер – хош ийисли түтетки ҳєм Кудай унатып қабыл ететуғын қурбанлық.
19. Мениң Кудайым сизлердиң ҳєр бир мүтєжлигиңизди Масих Ийса арқалы Ѳзиниң салтанатлы байлығы менен қандырады.
20. Єкемиз Кудайға мєңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
21. Масих Ийсаға тийисли болған барлық исениўшилерге сєлем айтыңлар. Жанымдағы туўысқанлар сизлерге сєлем айтып атыр.
22. Барлық исениўшилер, єсиресе Рим патшасы-Кайсардың сарайындағылар сизлерге сєлем айтып атыр.
23. Ийемиз Ийса Масихтың мийрими руўхыңызға яр болсын!