Инжил Каракалпак

Юхан жазған Хош Хабар

1. Ең баста Сѳз бар еди. Сѳз Ќудай менен бирге еди. Сѳз Ќудай еди.
2. Ең бастан-ақ Ол Ќудай менен бирге еди.
3. Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылды. Олсыз ҳеш нәрсе жаратылған емес.
4. Онда өмир бар еди. Өмир адамлардың нуры еди.
5. Нур қараңғылықта жарқырайды, қараңғылық оны жеңе алмады.
6. Ќудай тәрепинен жиберилген Яқыя атлы бир адам бар еди.
7. Ол нур ҳаққында гүўалық бериўге ҳәм ҳәмме ол арқалы исениўи ушын келди.
8. Оның ѳзи нур емес еди, бирақ ол нур ҳаққында гүўалық бериўге жиберилген еди.
9. Ҳәмме адамды жақты қылатуғын ҳақыйқый нур дүньяға келди.
10. Сѳз дүньяда еди. Дүнья Ол арқалы жаратылған еди, бирақ дүнья Оны танымады.
11. Ѳз жерине келди, бирақ Ѳз халқы Оны қабыл етпеди.
12. Бирақ Ол Ѳзин қабыл еткенлерге, атына исенгенлердиң ҳәммесине Ќудайдың балалары болыў ҳуқықын берди.
13. Олар қаннан да, денениң қәлеўинен де, я адамның қәлеўинен де емес, ал Ќудайдан туўылды.
14. Сѳз адам болып арамызда жасады. Бизлер Оның уллылығын, Єкеден келген, мийрим ҳәм ҳақыйқатқа толы болған жалғыз Улдың уллылығын кѳрдик.
15. Яқыя Ол ҳаққында бәлент даўыс пенен гүўалық берип былай деди: – «Мениң изимнен Келиўши меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқан Адамым – Усы.
16. Оның толылығынан ҳәммемиз мийрим үстине мийрим алдық.
17. Ѳйткени Мухаддес Нызам Муўса арқалы берилген еди, бирақ мийрим ҳәм ҳақыйқат Ийса Масих арқалы келди.
18. Ҳеш ким ҳеш қашан Ќудайды кѳрген емес. Бирақ Оны Єкениң қушағындағы Ѳзи Ќудай болған жалғыз Ул танытты.
19. Яҳудий басшылары Ерусалимнен руўханийлер менен лебийлилерди жиберип, Яқыядан: «Сен кимсең?» деп сорағанда, оның гүўалығы мынадай болды.
20. Ол тән алды, танбады. «Мен Масих емеспен», – деп ашық мойынлады.
21. Олар және Яқыядан: – Ондай болса, сен кимсең? Илияссаң ба? – деп сорады. – Ол емеспен, – деди Яқыя. – Сен сол пайғамбармысаң? – деп сорады олар. – Яқ, – деп жуўап берди ол.
22. Сонда олар Яқыяға: – Кимсең, айт, бизлерди жибергенлерге бир жуўап берейик. Ѳзиң ҳаққында не дейсең? – деди.
23. Яқыя: – Ийшая пайғамбардың айтқанындай: «Ийемиздиң жолын дүзетиңлер», – деп шѳлде бақырған даўыспан, – деди.
24. Парисейлерден жиберилгенлер Яқыядан:
25. – Егер сен Масих, Илияс, я сол пайғамбар болмасаң, сонда неге адамларды шомылдырып жүрсең? – деп сорады.
26. Яқыя оларға былай деп жуўап берди: – Мен суў менен шомылдыраман, бирақ араңызда сизлер танымайтуғын Биреў турыпты.
27. Меннен соң киятырған Адам – Усы. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен.
28. Булардың ҳәммеси Иордан дәрьясының арғы жағасындағы Бетанияда, Яқыяның шомылдырып жүрген жеринде болды.
29. Ертеңине Яқыя ѳзине қарай киятырған Ийсаны кѳргенде былай деди: – Мине, Бул – дүньяның гүнасын Ѳзине алатуғын Ќудайдың Ќозысы!
30. «Меннен кейин бир Адам киятыр. Ол меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқаным Усы.
31. Мениң ѳзим Оны билмейтуғын едим, бирақ Израилдың Оны таныўы ушын мен суў менен шомылдырыўға келдим.
32. Яқыя гүўалық берип және былай деди: – Мухаддес Руўхтың кептер сыяқлы аспаннан түсип, Оның үстинде турғанын кѳрдим.
33. Мен Оны билмейтуғын едим. Бирақ, мени суў менен шомылдырыў ушын жиберген Ќудай маған: «Мухаддес Руўхтың түсип, кимниң үстинде турғанын кѳрсең, Мухаддес Руўх пенен шомылдыратуғын Сол», – деген еди.
34. Мен буны кѳрип: «Бул – Ќудайдың Улы» деп гүўалық бердим.
35. Ертеңине Яқыя және шәкиртлериниң екеўи менен бирге турған еди.
36. Ол ѳтип баратырған Ийсаны кѳрип: – Мине, Ќудайдың Ќозысы! – деди.
37. Еки шәкирт оның бул сѳзлерин еситип, Ийсаның изине ерди.
38. Ийса артына бурылып, изинен киятырғанларды кѳргенде, олардан: – Не излеп жүрсизлер? – деп сорады. – Ќай жерде жасайсаң, Рәбби? – деди олар. (Рәбби – «устаз» дегенди билдиреди.)
39. – Келип кѳриңлер, – деди Ийса. Олар барып, Ийсаның қай жерде жасайтуғынын кѳрди ҳәм сол күни Оның менен қалды. Саат тѳртлер шамасында еди.
40. Яқыяның сѳзлерин еситип, Ийсаның изине ерген еки адамның бири Симон Петрдиң туўысқаны Андрей еди.
41. Андрей дәслеп ѳз туўысқаны Симонды излеп таўып, оған: – Бизлер Масихты таптық, – деди. (Масих – Ќудай ўәде еткен Ќутқарыўшы.)
42. Андрей оны Ийсаға алып келди. Ийса оған қарап: – Сен Юнус улы Симонсаң. Сен Кифа деп аталасаң, – деди. (Кифа – Петр, яғный «тас» дегенди аңлатады.)
43. Келеси күни Ийса Галилаға бармақшы болды. Филипти таўып, оған: – Изиме ер, – деди.
44. Филип те Андрей менен Петр сыяқлы Бетсайда қаласынан еди.
45. Филип Натаниелди таўып, оған: – Бизлер Муўса Мухаддес Нызамда, пайғамбарлар да Жазыўларында жазған Адамды, Юсуптың Улы, Насыралы Ийсаны таптық, – деди.
46. Натаниел оған: – Насырадан жақсы нәрсе шығар ма еди? – деди. – Келип кѳр, – деди Филип.
47. Ийса Натаниелдиң Ѳзине жақынласып киятырғанын кѳрип, ол ҳаққында былай деди: – Мине, ишинде ҳийлеси жоқ, нағыз израиллы.
48. Натаниел Ийсадан: – Мени қаяқтан таныйсаң? – деп сорады. – Филип сени шақырмастан бурын, сени әнжир ағашының астында кѳрдим, – деп жуўап берди Ийса.
49. Натаниел Ийсаға: – Устаз, Сен Ќудайдың Улысаң, Сен Израилдың Патшасысаң! – деди.
50. Ийса оған: – Сени әнжир ағашының астында кѳргенимди айтқаным ушын исенип атырсаң ба? Булардан да уллы ислерди кѳресең! – деди.
51. Ийса және: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: аспан ашылғанын, Ќудайдың периштелериниң Адам Улының жоқарысында минип-түскенлерин кѳресизлер, – деди.
1. Еки күн ѳткеннен соң, Галиланың Кана қаласында үйлениў тойы болды. Ийсаның анасы сол жерде еди.
2. Ийса менен шәкиртлери де тойға мирәт етилген еди.
3. Шарап таўсылғанда, Ийсаның анасы Оған: – Олардың шарабы таўсылды, – деди.
4. Ийса оған: – Апа, бул Мениң жумысым емес. Мениң ўақтым еле келген жоқ, – деди.
5. Ийсаның анасы хызметшилерге: – Ол сизлерге не десе де, соны ислеңлер, – деди.
6. Сол жерде диний әдет бойынша яҳудийлер тазаланыў ушын қолланатуғын, ҳәр қайсысы шама менен жүз литр алатуғын алты тас гүзе бар еди.
7. Ийса хызметшилерге: – Гүзелерди суўға толтырыңлар, – деди. Олар гүзелерди аўзына дейин толтырды.
8. Сонда Ийса хызметшилерге: – Енди буннан алып, той басқарыўшыға апарыңлар, – деди. Олар алып барды.
9. Той басқарыўшы шарапқа айланған суўды татып кѳрди. Оның қаяқтан келгенин билмеди, тек алып келген хызметшилер ғана билетуғын еди. Той басқарыўшы күйеўди шақырып:
10. – Ҳәр бир адам алдын жақсы шарапты, адамлар мәс болғаннан соң пәсирегин береди. Бирақ сен жақсы шарапты ҳәзирге дейин сақлапсаң-ғо, – деди.
11. Ийса бул биринши кәраматын Галиланың Кана қаласында ислеп, Ѳз уллылығын кѳрсетти. Шәкиртлери де Оған исенди.
12. Буннан кейин Ийса анасы, туўысқанлары ҳәм шәкиртлери менен Капарнаҳум қаласына келди ҳәм ол жерде бир неше күн қалды.
13. Яҳудийлердиң Ќутқарылыў байрамы жақынласып қалғанда, Ийса Ерусалимге кетти.
14. Ибадатханада ири қара мал, қой ҳәм кептер сатыўшыларды, сол жерде отырған ақша алмастырыўшыларды кѳрди.
15. Ийса арқаннан қамшы ислеп, қойлар менен ири қара малға қосып ҳәммесин Ибадатханадан қуўып шығарды. Ақша алмастырыўшылардың ақшаларын шашып, столларын аўдарып таслады.
16. Ол кептер сатыўшыларға: – Мыналарды бул жерден жоқ етиңлер, Єкемниң үйин базарға айландырмаңлар! – деди.
17. Сонда шәкиртлери: «Сениң үйиңе болған қызғанышым Мени жеп жиберди», – деп айтылған Мухаддес Жазыўдағы аятты еслерине түсирди.
18. Яҳудий басшылары Ийсадан: – Буларды ислеўге бийлигиң бар екенин бизлерге қандай кәраматлы белги менен дәлиллей аласаң? – деп сорады.
19. Ийса оларға жуўап берип: – Бул Ибадатхананы бузыңлар, Мен оны үш күнниң ишинде қайта тиклеймен, – деди.
20. Олар Ийсаға: – Бул Ибадатхана қырық алты жылда қурылған, Сен оны үш күнниң ишинде тиклемекшимисең? – деди.
21. Бирақ Ийсаның Ибадатхана деп айтқаны Ѳз денеси еди.
22. Ийса ѳлимнен қайта тирилгеннен соң, шәкиртлери Оның бул сѳзлерин еслерине түсирип, Мухаддес Жазыўға ҳәм Ийсаның бул сѳзине исенди.
23. Ийса Ерусалимде, Ќутқарылыў байрамында болғанда, кѳплер Ол ислеген кәраматларды кѳрип, Оның атына исенди.
24. Бирақ Ийса ҳәмме адамлардың кеўиллерин билгенликтен, оларға исенбеди.
25. Оған адам ҳаққында ҳеш кимниң гүўалығының ҳәжети жоқ еди. Ѳйткени адамның кеўлинде не бар екенин Ол билетуғын еди.
1. Парисейлер арасында яҳудий басшыларының бири болған Никодим атлы бир адам бар еди.
2. Ол бир күни түнде Ийсаға келип, Оған: – Устаз, Сениң Ќудайдан келген бир муғаллим екениңди билемиз. Себеби ҳеш ким Ќудай оның менен бирге болмаса, Сен ислеп атырған кәраматларды ислей алмайды, – деди.
3. Ийса оған: – Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким қайтадан туўылмаса, Ќудайдың Патшалығын кѳре алмайды, – деп жуўап берди.
4. Никодим Ийсадан: – Ќартайған адам қалай қайтадан туўыла алады? Ол анасының қурсағына екинши мәрте кирип, қайтадан туўыла ала ма? – деп сорады.
5. Ийса оған жуўап берип былай деди: – Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким суўдан ҳәм Мухаддес Руўхтан туўылмаса, Ќудай Патшалығына кире алмайды.
6. Денеден туўылған – дене, Мухаддес Руўхтан туўылған – руўх болады.
7. Саған: «Ќайтадан туўылыўың керек», – дегениме ҳайран қалма.
8. Самал қәлеген жеринде еседи, оның даўысын еситесең, бирақ қаяқтан келип, қаяққа кететуғынын билмейсең. Мухаддес Руўхтан туўылған ҳәр бир адам да усындай.
9. Никодим Ийсадан: – Бул қалай болыўы мүмкин? – деп сорады.
10. Ийса оған былай деп жуўап берди: – Сен Израилдың устазы бола тура, усыларды билмейсең бе?
11. Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: бизлер билгенимизди сѳйлеймиз, кѳргенимиз ҳаққында гүўалық беремиз. Ал сизлер бизлердиң гүўалығымызды қабыл етпей атырсызлар.
12. Сизлерге жердеги нәрселер ҳаққында айтқанымда исенбесеңлер, аспандағы нәрселер ҳаққында айтсам, қалай исенесизлер?
13. Аспаннан келген Адам Улынан басқа ҳеш ким аспанға шыққан емес.
14. Муўсаның шѳлде жыланды жоқары кѳтергени сыяқлы, Адам Улы да жоқары кѳтерилиўи тийис.
15. Сонлықтан Оған исенген ҳәр бир адам мәңгилик ѳмирге ийе болады.
16. Себеби Ќудай бул дүньяны соншелли сүйгенликтен, Ѳзиниң жалғыз Улын берди. Оның Улына исенген ҳәр бир адам набыт болмай, мәңгилик ѳмирге ийе болады.
17. Ќудай Улын бул дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал дүньяны Ол арқалы қутқарыў ушын жиберди.
18. Оған исенген адам ҳүким етилмейди. Ал исенбеген адам әлле қашан ҳүким етилген, ѳйткени ол Ќудайдың жалғыз Улының атына исенбеди.
19. Ҳүким мынадан ибарат: дүньяға нур келди, бирақ адамлардың ислери жаман болғанлықтан, олар нурға қарағанда қараңғылықты жақсы кѳрди.
20. Жаманлық ислеўши ҳәр бир адам нурды жек кѳреди ҳәм ислери әшкара болмаўы ушын, нурға келмейди.
21. Бирақ ҳақ ис ислеўши адам ислериниң Ќудай алдында исленгени кѳринсин деп, нурға келеди.
22. Буннан соң, Ийса шәкиртлери менен Яҳудияға келди. Бир неше ўақыт олар менен бирге сол жерде қалып, адамларды шомылдырды.
23. Яқыя да Салимниң қасындағы Айнонда шомылдырып жүрди, себеби ол жерде суў мол еди. Адамлар келип, шомылдырылатуғын еди.
24. Ѳйткени Яқыя еле қамалмаған еди.
25. Сонда Яқыяның шәкиртлери менен бир яҳудий арасында диний әдет бойынша тазаланыў ҳаққында тартыс пайда болды.
26. Олар Яқыяға келип: – Устаз, Иордан дәрьясының арғы жағасында сениң менен бирге болған, сен гүўалық берген Адам бар-ғо, Сол шомылдырып жүрипти. Ҳәмме адам Оған бармақта, – деди.
27. Яқыя былай деп жуўап берди: – Ќудайдан берилмесе, адам ѳзине ҳеш нәрсе ала алмайды.
28. «Мен Масих емеспен, мен тек Оның алдынан жиберилгенмен», – деп айтқаныма сизлер гүўасызлар.
29. Келиншек кимге тийисли болса, сол күйеў болады. Бирақ күйеўди тыңлап турған досты оның даўысын еситип, қатты қуўанады. Мен де сондай қуўанышқа толдым.
30. Оның уллыланыўы, ал мениң пәсейиўим тийис.
31. Жоқарыдан келген ҳәммеден уллы. Жерден болған жерге тийисли ҳәм жердеги нәрселер ҳаққында сѳйлейди. Ал аспаннан келген ҳәммеден уллы.
32. Ол кѳргени ҳәм еситкени ҳаққында гүўалық береди, бирақ гүўалығын ҳеш ким қабыл етпейди.
33. Оның гүўалығын қабыл еткен Ќудайдың ҳақ екенин тастыйықлайды.
34. Ќудай тәрепинен жиберилген Ќудайдың сѳзлерин сѳйлейди. Себеби Ќудай Руўхын ѳлшеўсиз береди.
35. Єке Ѳз Улын сүйеди ҳәм ҳәмме нәрсени Оның қолына тапсырған.
36. Улға исенген адам мәңгилик ѳмирге ийе болады. Улды тыңламаған адам ѳмир кѳрмейди, ал Ќудайдың ғәзеби оның үстинде қалады.
1. Парисейлер Ийсаның Яқыяға қарағанда кѳп шәкирт арттырып, оларды шомылдырып жүргенин еситти.
2. Ҳақыйқатында Ийсаның Ѳзи емес, ал шәкиртлери шомылдыратуғын еди.
3. Ийемиз Ийса буны билгенде Яҳудиядан шығып, және Галилаға кетти.
4. Баратырып, Самария арқалы өтиўи керек еди.
5. Солай етип, Ол Самарияның Сихар деп аталған қаласына келди. Бул қала Яқыптың ѳз баласы Юсупке берген жерине жақын еди.
6. Сол жерде Яқыптың қудығы да бар еди. Ийса жол жүрип шаршағанлықтан, қудықтың қасында отырды. Саат он екилер шамасында еди.
7. Сол ўақытта самариялы бир ҳаял суў алыўға келди. Ийса оған: – Маған ишиўге суў бер, – деди.
8. Ал Ийсаның шәкиртлери азық-аўқат сатып алыў ушын қалаға кеткен еди.
9. Самариялы ҳаял: – Сен яҳудийсең, ал мен самариялы ҳаялман. Ќалай меннен суў сорап турсаң? – деди. Ѳйткени яҳудийлер самариялылар менен қарым-қатнас жасамайды.
10. Ийса ҳаялға: – Егер сен Ќудайдың сыйын ҳәм «Маған ишиўге суў бер», – деп айтып турғанның ким екенин билгениңде, сениң ѳзиң Оннан сорар едиң, Ол саған тири суў берер еди, – деп жуўап берди.
11. – Мырза! Сенде суў алатуғын ҳеш нәрсе жоқ-ғо, қудық болса терең. Сен тири суўды қаяқтан аласаң?
12. Сен бул қудықты бизлерге берген, ѳзи де, балалары да, маллары да оннан суў ишкен, бабамыз Яқыптан уллымысаң? – деди ҳаял.
13. Ийса ҳаялға былай деп жуўап берди: – Бул суўдан ишкен ҳәр бир адам және шѳллейди.
14. Бирақ Мен беретуғын суўдан ишкен ҳәр бир адам мәңгиге шѳллемейди. Керисинше, Мен беретуғын суў оның ишинде мәңгилик ѳмир беретуғын тири булаққа айланады.
15. Ҳаял Ийсаға: – Мырза, енди шѳллемеўим ушын ҳәм суў алыўға бул жерге келмеўим ушын, усы суўдан маған бер, – деди.
16. – Барып, күйеўиңди бул жерге шақырып кел, – деди Ийса.
17. Ҳаял Оған: – Мениң күйеўим жоқ, – деп жуўап берди. – Күйеўим жоқ деп, сен дурыс айттың.
18. Сениң бес күйеўиң болды. Ҳәзир бирге жасап атырған адамың да күйеўиң емес. Буны сен дурыс айттың, – деди Ийса.
19. Ҳаял Оған: – Мырза, Сениң пайғамбар екениңе кѳзим жетип тур.
20. Ата-бабаларымыз бул таўда сыйынды, бирақ сизлер: «Сыйыныўға тийисли жер Ерусалимде», – дейсизлер, – деди.
21. Ийса оған былай деди: – Ҳаял, Маған исен, Ќудай Єкеге бул таўда да, Ерусалимде де сыйынбайтуғын ўақыт киятыр.
22. Сизлер билмейтуғыныңызға сыйынасызлар, ал бизлер билетуғынымызға сыйынамыз. Себеби қутқарылыў яҳудийлерден.
23. Бирақ, ҳақыйқый сыйыныўшылардың Ќудай Єкеге руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйынатуғын ўақты келеди. Єне, сол ўақыт ҳәзир келди. Ќудай Єке де Ѳзине усылай сыйынатуғынларды излеп атыр.
24. Ќудай – Руўх, Оған сыйынатуғынлар да руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйыныўы тийис.
25. Ҳаял Ийсаға: – Ќутқарыўшы Масихтың келетуғынын билемен. Ол келгенде, бизлерге ҳәммесин билдиреди, – деди.
26. Ийса оған: – Сениң менен сѳйлесип турған Мен – Солман, – деди.
27. Сол ўақытта Ийсаның шәкиртлери келди ҳәм Оның бир ҳаял менен сѳйлесип турғанын кѳрип, ҳайран қалысты. Бирақ олардың ҳеш қайсысы: «Сен оннан не сорап турсаң?» ямаса «Оның менен неге сѳйлесип турсаң?» – деп сорамады.
28. Сонда ҳаял гүзесин қалдырып, қалаға кетти ҳәм адамларға:
29. – Келиңлер, маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берген Адамды кѳриңлер. Ол Масих емес пе екен? – деди.
30. Адамлар қаладан шығып, Ийсаға қарай жүрди.
31. Соның арасында шәкиртлери Ийсадан ѳтинип: – Устаз, аўқат же! – деди.
32. Бирақ Ийса оларға: – Менде сизлер билмейтуғын аўқат бар, – деди.
33. Шәкиртлер бир-бирине: – Мүмкин, биреў Оған аўқат әкелген шығар? – дести.
34. Бирақ Ийса оларға былай деди: – Мениң аўқатым – Мени Жибергенниң еркин орынлаў ҳәм Оның исин тамамлаў.
35. Сизлер: «Жыйын-теримге еле тѳрт ай бар», – деп айтпайсызлар ма? Бирақ, сизлерге айтатуғыным: кѳзлериңизди ашып, егинликке қараңлар. Олар писип жетилисип, жыйын-теримге таяр тур.
36. Орақшы ѳз ҳақын алады ҳәм мәңгилик ѳмир ушын зүрәәт жыйнайды. Солай етип, еккен де, орған да бирге қуўанады.
37. «Биреўи егеди, басқасы орады», – деген нақыл усыған туўры келеди.
38. Мен сизлерди ѳзлериңиз мийнет етпеген зүрәәтти орыўға жибердим. Басқалар мийнет еткен еди, ал сизлер олардың мийнетиниң зүрәәтин алдыңлар.
39. «Ол маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берди», – деген ҳаялдың гүўалығы себепли, сол қаладағы самариялылардың кѳбиси Ийсаға исенди.
40. Сонлықтан самариялылар Ийсаға келип, ѳзлери менен қалыўды ѳтинди. Ол сол жерде еки күн қалды.
41. Ийсаның сѳзин еситип, және де кѳбирек адамлар исенди.
42. Олар ҳаялға: – Бизлер енди сениң сѳзлериң себепли емес, ал Оның сѳзлерин ѳзлеримиз еситип, Оның ҳақыйқаттан да дүньяның Ќутқарыўшысы екенин билип, исенемиз, – дести.
43. Еки күн ѳткеннен соң, Ийса сол жерден шығып, Галилаға кетти.
44. Ийсаның Ѳзи: «Пайғамбар ѳз ўатанында қәдирсиз», – деп айтқан еди.
45. Ол Галилаға келгенде, галилалылар Оны жыллы жүзлик пенен қабыл алды. Ѳйткени олар да Ерусалимдеги Ќутқарылыў байрамына барып, Ийсаның сол жерде ислеген барлық ислерин кѳрген еди.
46. Ийса және Ѳзи суўды шарапқа айландырған Галиланың Кана қаласына келди. Сол жерде патшаның бир хызметкери болып, оның улы Капарнаҳумда аўырып атырған еди.
47. Ол Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгенин еситип, Оған барды. Келип, ѳлим тѳсегинде жатырған улына шыпа бериўди Ийсадан ѳтинди.
48. Ийса оған: – Сизлер кәраматлы белгилерди ҳәм таң қаларлық нәрселерди кѳрмегенше исенбейсизлер, ә! – деди.
49. Патша хызметкери Ийсаға: – Мырза, улым ѳлип қалмастан бурын келе гѳр! – деди.
50. Ийса оған: – Бар, улың жасайды, – деди. Ол адам Ийсаның сѳзине исенип, кетти.
51. Жолда киятырғанда оны хызметшилери қарсы алып, оған баласының тири қалғанын айтты.
52. Ол хызметшилеринен баласының аўҳалының саат нешеде жеңиллескенин сорағанда, олар: – Кеше түски саат бирде ыссылығы түсти, – дести.
53. Сонда баланың әкеси буның: «Улың жасайды», – деп Ийса айтқан ўақытта болғанын билип, оның ѳзи ҳәм шаңарағындағылардың ҳәммеси исенди.
54. Бул – Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгеннен соң ислеген екинши кәраматы еди.
1. Буннан соң, яҳудийлердиң бир байрамы болып, Ийса Ерусалимге кетти.
2. Ерусалимдеги Ќой дәрўазасы қасында еврейше Бейтеста деп аталған бес айўанлы бир ҳәўиз бар еди.
3. -
4. Бул жерде соқыр, ақсақ ҳәм ләң болған жүдә кѳп кесел адамлар жататуғын еди.
5. Сол жерде отыз сегиз жылдан бери кесел болған бир адам бар еди.
6. Ийса оның жатырғанын кѳргенде, узақ ўақыттан бери усы аўҳалда екенин билип, оннан: – Тәўир болыўды қәлейсең бе? – деп сорады.
7. Кесел адам Оған: – Мырза, суў қозғалғанда, мени ҳәўизге түсиретуғын ҳеш кимим жоқ. Мен бараман дегенше, басқа адам меннен бурын түсип алады, – деди.
8. Ийса оған: – Орныңнан тур, тѳсегиңди ал да, жүр, – деди.
9. Ол адам сол ўақытта-ақ шыпа тапты ҳәм тѳсегин алып жүрип кетти. Бул дем алыс күни еди.
10. Сонлықтан яҳудий басшылары шыпа тапқан адамға: – Бүгин дем алыс күни-ғо, тѳсегиңди алып жүриўге болмайды, – деди.
11. Бирақ, сол адам оларға былай деп жуўап берди: – Маған шыпа берген Адам: «Тѳсегиңди ал да, жүр», – деди.
12. – Саған: «Тѳсегиңди ал да, жүр», – деген Адам ким? – деп сорады олар.
13. Ал шыпа тапқан адам Оның ким екенин билмейтуғын еди. Себеби Ийса сол жердеги халықтың арасында кѳринбей қалған еди.
14. Соңынан Ийса сол адамды Ибадатханада ушыратып қалды ҳәм оған: – Мине, сен шыпа таптың. Саған және де жаманырақ нәрсе болмаўы ушын, буннан былай гүна ислеме, – деди.
15. Сол адам барып, ѳзине шыпа берген Адамның Ийса екенин яҳудий басшыларына айтып берди.
16. Сонлықтан бундай ислерди дем алыс күни ислегени ушын, яҳудий басшылары Ийсаны қуўдалай баслады.
17. Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Єкем усы күнге дейин мийнет етип киятыр, Мен де мийнет етип атырман.
18. Сол себепли яҳудий басшылары Оны ѳлтириў ушын және де кѳбирек ҳәрекет етти. Ѳйткени Ол тек дем алыс күнин бузып ғана қоймай, Ќудайды Єкем деп, Ѳзин Ќудайға теңлестирген еди.
19. Ийса яҳудийлерге былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ул Єкениң қылған ислерин кѳрмегенше, Ѳзлигинен ҳеш нәрсе ислей алмайды. Єке нени ислесе, Улы да соны ислейди.
20. Себеби Єке Улын сүйеди ҳәм ислегенлериниң ҳәммесин Оған кѳрсетеди. Сизлерди ҳайран қалдыратуғын булардан да уллырақ ислерди Оған кѳрсетеди.
21. Єкениң ѳлилерди тирилтип, оларға ѳмир бергени сыяқлы, Улы да қәлеген адамына ѳмир береди.
22. Єке ҳеш кимди ҳүким қылмайды, Ол пүткил ҳүкимди Улына тапсырған.
23. Солай етип, ҳәмме адам Єкени ҳүрмет еткени сыяқлы, Улды да ҳүрмет етсин. Улды ҳүрмет етпеген Оны жиберген Єкени де ҳүрмет етпеген болады.
24. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң сѳзлеримди тыңлап, Мени Жибергенге исенген адамда мәңгилик ѳмир бар. Ол ҳүким етилмей, ѳлимнен ѳмирге ѳтти.
25. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ѳлилердиң Ќудайдың Улының даўысын еситетуғын ўақты келеди ҳәм ол ҳәзир келди де. Оның даўысын еситкенлер тириледи.
26. Ѳйткени Єкениң Ѳзи ѳмирдиң тийкары болғаны сыяқлы, Улдың Ѳзине де ѳмирдиң тийкары болыўды рухсат етти.
27. Оған ҳүким етиў бийлигин де берди. Себеби Ол – Адам Улы.
28. Буған ҳайран қалмаңлар. Ќәбирдегилердиң ҳәммесиниң Оның даўысын еситетуғын ўақты киятыр.
29. Олар қәбирлерден шығады. Жақсылық қылғанлар жасаў ушын, жаманлық қылғанлар ҳүким етилиў ушын қайта тириледи.
30. Мен Ѳзлигимнен ҳеш нәрсе ислей алмайман. Ќалай еситсем, солай ҳүким қыламан ҳәм Мениң ҳүкимим әдил. Ѳйткени Мен Ѳз еркимди емес, ал Мени жиберген Єкемниң еркин орынлаўға тырысаман.
31. Егер Мен Ѳзим туўралы Ѳзим гүўалық берсем, гүўалығым ҳақыйқый болмайды.
32. Бирақ Мен туўралы гүўалық бериўши басқа Биреў бар, Оның Мен туўралы берип атырған гүўалығының ҳақыйқат екенин билемен.
33. Сизлер Яқыяға адамларды жибердиңлер, ол ҳақыйқат ҳаққында гүўалық берди.
34. Мен адамның гүўалығына мүтәж болмасам да, буларды сизлердиң қутқарылыўыңыз ушын айтып атырман.
35. Яқыя – жанып, нур шашып турған шыра еди. Сизлер оның нурында аз ўақыт қуўаныўды қәледиңлер.
36. Бирақ Менде Яқыяникинен уллырақ гүўалық бар. Себеби Єкемниң Маған орынлаўым ушын тапсырған ислери, усы ислеп атырған ислеримниң ѳзи Мени Єкемниң жибергени ҳаққында гүўалық берип атыр.
37. Мени жиберген Єкемниң Ѳзи Мен туўралы гүўалық берип тур. Сизлер ҳеш қашан Оның даўысын да еситпегенсизлер, жүзин де кѳрмегенсизлер.
38. Оның сѳзлери де сизлерде жай алмайды, ѳйткени сизлер Оның Жибергенине исенбей атырсызлар.
39. Сизлер Мухаддес Жазыўларды изертлейсизлер, себеби олар арқалы мәңгилик ѳмирге ийе боламыз, деп ойлайсызлар. Ал олар Мен туўралы гүўалық береди.
40. Бирақ сизлер мәңгилик ѳмирге ийе болыў ушын, Маған келиўди қәлемейсизлер-ғо.
41. Мен адамлардан мақтаў қабыл қылмайман.
42. Бирақ сизлерди билемен, кеўиллериңизде Ќудайдың сүйиспеншилиги жоқ.
43. Мен Єкемниң атынан келсем де, Мени қабыл етпей атырсызлар. Егер басқа биреў ѳз аты менен келсе, оны қабыл етесизлер.
44. Сизлер бир-бириңизден мақтаў еситиўди жақсы кѳресизлер, бирақ жалғыз Ќудайдың мақтаўына ерисиўге умтылмайсызлар. Олай болса, Маған қалай исене аласызлар?
45. Мени Єкемниң алдында сизлерди айыплайды, деп ойламаңлар. Сизлерди айыплаўшы ѳзлериңиз үмит ететуғын Муўса болады.
46. Муўсаға исенгениңизде, Маған да исенер едиңлер. Ѳйткени ол Мен туўралы жазған еди.
47. Бирақ Муўсаның Жазыўларына исенбесеңлер, Мениң сѳзлериме қалай исенесизлер?
1. Буннан соң, Ийса Галила, яғный Тиберия теңизиниң арғы жағасына ѳтти.
2. Оның аўырыўларға ислеген кәраматларын кѳргенликтен, кѳп халық изине ерди.
3. Ийса таўға шығып, шәкиртлери менен бирге сол жерде отырды.
4. Яҳудийлердиң Ќутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди.
5. Ийса басын кѳтерип, Ѳзине қарай кѳп халықтың киятырғанын кѳрип, Филиптен: – Бул адамларға жегизиў ушын нанды қаяқтан сатып аламыз? – деп сорады.
6. Ийса бул гәпти оны сынаў ушын айтты. Себеби Ол не ислейжақ екенин Ѳзи билетуғын еди.
7. Филип Оған: – Олардың ҳәр бирине аз-маз берсек те, еки жүз динарлық нан жетпейди-ғо, – деп жуўап берди.
8. Шәкиртлеринен бири, Симон Петрдиң туўысқаны Андрей Ийсаға:
9. – Бул жерде бир балада бес арпа наны менен еки балық бар. Бирақ усыншама адам ушын булар не болады? – деди.
10. Ийса: – Халықты жерге отырғызыңлар, – деди. Ол жерде шѳп кѳп болғанлықтан, бес мыңға шамалас ер адам жерге жамбаслады.
11. Сонда Ийса нанларды алып, Ќудайға шүкирлик етти де, отырғанларға үлестирип берди. Сол сыяқлы, оларға балықларды да қәлегенинше бѳлип берди.
12. Ҳәмме жеп тойғанда, Ийса шәкиртлерине: – Аўысқан бѳлеклерин жыйнап алыңлар, ҳеш нәрсе зая болмасын, – деди.
13. Солай етип, шәкиртлер адамлар жеген бес арпа нанынан аўысқан бѳлеклерди жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.
14. Халық Ийсаның ислеген кәраматын кѳрип: – Ҳақыйқаттан да, Бул дүньяға келетуғын пайғамбар екен, – дести.
15. Ийса олардың келип, Ѳзин патша қылыў ушын зорлық пенен услайжақ екенин билгенде, және жалғыз Ѳзи таўға шығып кетти.
16. Кеш болғанда, Ийсаның шәкиртлери теңизге барды.
17. Олар бир қайыққа минип, теңиздиң арғы жағасындағы Капарнаҳумға қарай жол алды. Ќараңғы түссе де, Ийса еле олардың қасына келмеген еди.
18. Күшли самал есип, теңиз толқынлана баслады.
19. Шәкиртлер бес-алты шақырымдай жүзгеннен соң, теңиздиң үсти менен жүрип, қайыққа жақынласып киятырған Ийсаны кѳрип, қорқып қалысты.
20. Бирақ Ийса оларға: – Бул – Мен, қорқпаңлар! – деди.
21. Сонда олар Ийсаны қайыққа миндирмекши болды. Ќайық сол ўақытта-ақ олар баратырған жағаға келип тоқтады.
22. Ертеңине теңиздиң арғы жағасында қалған халық ол жерде тек бир қайық болғанын, Ийсаның Ѳзи шәкиртлери менен бирге бул қайыққа минбегенин, ал тек шәкиртлериниң ѳзлери кеткенин билди.
23. Сонда Ийемиз шүкирлик етип берген нанды халық жеген жердиң жақынына Тибериядан бир неше қайықлар келди.
24. Ийсаның да, шәкиртлериниң де ол жерде жоқ екенин кѳрген халық қайықларға минди ҳәм Ийсаны излеп, Капарнаҳумға кетти.
25. Олар Ийсаны теңиздиң арғы жағасынан таўып, Оннан: – Устаз, Сен бул жерге қашан келдиң? – деп сорады.
26. Ийса оларға жуўап берип: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер Мени кәраматлар кѳргениңиз ушын емес, ал нан жеп тойғаныңыз ушын излеп атырсызлар.
27. Сизлер бузылатуғын азық ушын емес, ал мәңгилик ѳмирге сақланатуғын азық ушын мийнет етиңлер. Оны сизлерге Адам Улы береди. Ѳйткени Ќудай Єке Оған Ѳз мѳрин басып, бийлик берди, – деди.
28. Олар Ийсадан: – Ќудайға унайтуғын ислерди ислеўимиз ушын не қылыўымыз керек? – деп сорады.
29. – Ќудайға унайтуғын ис – Оның Жибергенине исениў, – деп жуўап берди Ийса.
30. Олар Ийсаға: – Бизлер кѳрип, Саған исениўимиз ушын, қандай кәрамат кѳрсетежақсаң? Не ислейжақсаң?
31. «Жеў ушын оларға аспаннан нан берди», – деп жазылғандай, ата-бабаларымыз шѳлде манна жеген, – деди.
32. Ийса оларға: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлерге аспаннан нан берген Муўса емес, ал аспаннан ҳақыйқый нанды сизлерге берип турған – Мениң Єкем.
33. Себеби Ќудайдың наны аспаннан келип, дүньяға ѳмир береди, – деди.
34. Халық Ийсаға: – Мырза, бизлерге бундай нанды ҳәмме ўақыт берип тур, – деди.
35. Ийса оларға былай деди: – Мен – ѳмир наныман. Маған келген адам ҳеш қашан аш болмайды ҳәм Маған исенген адам ҳеш қашан шѳллемейди.
36. Бирақ Мен сизлерге: «Мени кѳрдиңлер, сонда да Маған еле исенбей атырсызлар», – дедим-ғо.
37. Єкемниң Маған бергенлериниң ҳәммеси Маған келеди. Маған келгенлерди ҳеш қашан қуўып шығармайман.
38. Ѳйткени Мен Ѳз еркимди емес, ал Мени Жибергенниң еркин орынлаў ушын аспаннан келдим.
39. Оның Маған бергенлериниң ҳеш бирин жойтпаўым, ал ақырғы күнде ҳәммесин тирилтиўим – бул Мени Жибергенниң ерки.
40. Єкемниң ерки – Оның Улын кѳрип, Оған исенген ҳәр бир адамның мәңгилик ѳмирге ийе болыўы. Мен оны ақырғы күни тирилтемен.
41. Сонда «Мен аспаннан келген нанман», – дегени ушын, яҳудийлер Ийсаға наразылық билдире баслады.
42. – Бул – Юсуптың улы Ийса емес пе? Бизлер Оның ата-анасын таныймыз-ғо. Енди қалай Ол: «Аспаннан келдим», – деп айтып отыр? – дести олар.
43. Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Ѳз ара наразы болмаңлар.
44. Егер Мени Жиберген Єкем алып келмесе, ҳеш ким Маған келе алмайды, ал Маған келгенди ақырғы күни тирилтемен.
45. Пайғамбарлардың Жазыўларында: «Ҳәммеси Ќудай тәрепинен үйретиледи», – деп жазылған. Єкемнен еситип, Оннан үйренген ҳәр бир адам Маған келеди.
46. Ќудайдан Келгеннен басқа ҳеш ким Єкени кѳрген емес, Єкени тек ғана Ол кѳрген.
47. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: исенген адам мәңгилик ѳмирге ийе.
48. Мен – ѳмир наныман.
49. Ата-бабаларыңыз шѳлде манна жесе де, ѳлип кетти.
50. Бул жерде аспаннан келген бир нан бар, оны жеген адам ѳлмейди.
51. Мен – аспаннан келген тири нанман. Егер ким де ким бул нанды жесе, мәңги жасайды. Дүньяға ѳмир бериў ушын, Мен беретуғын бул нан – Ѳз денем.
52. Сонда яҳудийлер: – Ол қалай бизлерге Ѳз денесин жеўге бере алады? – деп ѳз ара тартыса баслады.
53. Ийса оларға былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Адам Улының денесин жеп, қанын ишпесеңлер, сизлерде ѳмир болмайды.
54. Мениң денемди жеп, қанымды ишкен адамда мәңгилик ѳмир бар ҳәм Мен оны ақырғы күни тирилтемен.
55. Себеби Мениң денем – ҳақыйқый азық, қаным – ҳақыйқый ишимлик.
56. Денемди жеп, қанымды ишкен адам Менде жасайды, Мен онда жасайман.
57. Мени тири Єкем жибергендей ҳәм Мениң Єкем арқалы жасап атырғанымдай, Мениң денемди жеген адам да Мен арқалы жасайды.
58. Аспаннан түскен нан, мине – усы. Бул нан ата-бабаларыңыз жеген маннаға уқсамайды. Олар ѳлип кетти, ал бул нанды жеген адам мәңги жасайды.
59. Ийса бул сѳзлерди Капарнаҳумдағы мәжилисханада тәлим бергенде айтты.
60. Шәкиртлериниң кѳбиси буны еситип: – Ќандай қыйын сѳзлер! Буны ким қабыллай алады? – деди.
61. Шәкиртлериниң буған наразы болғанын билип, Ийса былай деди: – Бул сѳзлер исениўиңизге тосқынлық қылып атыр ма?
62. Егер Адам Улының бурын болған жерине кѳтерилгенин кѳрсеңиз ше?
63. Руўх ѳмир береди, ал дене пайда келтирмейди. Сизлерге айтқан сѳзлерим руўх ҳәм ѳмир.
64. Бирақ араңызда исенбейтуғынлар бар. Ѳйткени Ийса кимлердиң исенбейтуғынын ҳәм кимниң Ѳзине сатқынлық ислейтуғынын бурыннан-ақ билетуғын еди.
65. Ийса және: – «Єкем жол қоймаса, ҳеш ким Маған келе алмайды», – деп сол себепли айтқан едим, – деди.
66. Сол ўақыттан баслап, Ийсаның шәкиртлериниң кѳбиси кетип қалып, енди Оның менен жүрмейтуғын болды.
67. Сонда Ийса он еки шәкиртинен: – Сизлер де кетпекшимисиз? – деп сорады.
68. Симон Петр жуўап берип: – Ийем, бизлер кимге барамыз? Сенде мәңгилик ѳмир сѳзлери бар.
69. Бизлер исенемиз ҳәм билемиз: Сен – Ќудайдың Мухаддесисең, – деди.
70. Ийса оларға: – Сизлерди, он екини таңлап алған Ѳзим емес пе? Бирақ араңыздағы бириңиз – шайтан, – деди.
71. Ол Симон улы Яҳуда Исқариот ҳаққында айтқан еди. Себеби Яҳуда он екиниң бири болса да, кейин Ийсаға сатқынлық иследи.
1. Соңынан Ийса Галила бойлап жүрди, ѳйткени яҳудий басшылары Оны ѳлтирмекши болғанлықтан, Ол Яҳудияда жүриўди қәлемеди.
2. Яҳудийлердиң Ќос байрамы жақынлап қалған еди.
3. Сонда Ийсаның инилери Оған: – Бул жерден кетип, Яҳудияға бар. Сениң ислеп атырған ислериңди шәкиртлериң де кѳрсин.
4. Себеби ѳзин ашық танытпақшы болған адам жасырын ис ислемейди. Егер Сен усындай ислер ислеп атырған болсаң, Ѳзиңди дүньяға кѳрсет, – дести.
5. Ѳйткени Оған, ҳәтте, инилери де исенбейтуғын еди.
6. Ийса оларға: – Мен ушын ылайықлы ўақыт еле келмеди. Ал сизлер ушын ҳәр қандай ўақыт қолайлы.
7. Дүнья сизлерди жек кѳре алмайды, бирақ Мени жек кѳреди. Себеби Мен оның ислериниң жаман екенлиги ҳаққында гүўалық берип жүрмен.
8. Сизлер байрамға барыңлар. Мен ҳәзирше бул байрамға бармайман, ѳйткени Мениң ўақтым еле толмады, – деди.
9. Ийса оларға усыларды айтып, Галилада қалды.
10. Бирақ инилери байрамға кеткеннен соң, Ийсаның Ѳзи де барды. Ашық түрде емес, ал жасырын барды.
11. Яҳудий басшылары Ийсаны байрамда излеп: «Ол қаяқта?» – деп сорады.
12. Халық арасында Ол ҳаққында кѳп сыбырлы сѳзлер болды. Биреўлер: «Ол жақсы Адам», – десе, басқалар: «Яқ, Ол халықты жолдан азғырып атыр», – деди.
13. Бирақ яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, ҳеш ким Ол ҳаққында ашық сѳйлей алмайтуғын еди.
14. Байрамның ярымы ѳткенде Ийса Ибадатханаға кирип, тәлим бере баслады.
15. Яҳудий басшылары: – Бул Адам ҳеш оқымаған болса да, усыншама билимди қаяқтан алған? – деп таң қалысты.
16. Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мениң тәлийматым Ѳзимдики емес, ал Мени Жибергендики.
17. Ким де ким Ќудайдың еркин орынлағысы келсе, бул тәлийматтың Ќудайдан ба ямаса Мен Ѳзлигимнен айтып атырман ба, билип алады.
18. Ѳз атынан сѳйлеўши ѳзине уллылық излейди, ал Ѳзин Жибергенниң уллылығын излеўши – ҳақыйқатшыл, Онда жалған жоқ.
19. Муўса сизлерге Мухаддес Нызамды бермеди ме? Бирақ ҳеш бириңиз де Мухаддес Нызамды орынламайсызлар. Мени не ушын ѳлтирмекшисизлер?
20. Халық: – Сени жин урған ба? Ким Сени ѳлтирмекши? – деди.
21. Ийса сѳзин даўам етип, оларға былай деди: – Мен бир ис иследим, ҳәммеңиз буған ҳайран қалып атырсызлар.
22. Муўса сизлерге сүннетти буйырғанлықтан, сизлер дем алыс күнинде де баланы сүннет етесизлер. Бирақ ҳақыйқатында, сүннет Муўсадан емес, ал бабаңыз Ибрайымнан қалған еди.
23. Муўсаның Нызамы бузылмасын деп, бала дем алыс күни болса да сүннет қылынады екен, неге сизлер Маған дем алыс күни бир адамға толық шыпа бердиң, деп ашыўланасызлар?
24. Сыртқы кѳриниске қарап ҳүким етпеңлер, ал әдиллик пенен ҳүким шығарыңлар.
25. Сонда айырым ерусалимлилер: – Ѳлтирмекши болып атырғаны усы Адам емес пе?
26. Мине, Ол ашық сѳйлеп тур, ал олар Оған ҳеш нәрсе деп атырған жоқ. Мүмкин, басшылар Оның Масих екенин ҳақыйқаттан да тән алған шығар?
27. Бирақ бизлер бул Адамның қаяқтан келгенин билемиз. Ал Масих келгенде, Оның қаяқтан келгенин ҳеш ким билмейди, – дести.
28. Сол ўақытта Ибадатханада тәлим берип турған Ийса бәлент даўыс пенен былай деди: – Сизлер Мени ҳәм Мениң қаяқтан екенимди билесизлер. Мен Ѳз Ѳзимнен келгеним жоқ. Мени Жиберген Ҳақ, сизлер Оны билмейсизлер.
29. Бирақ Мен Оны билемен, себеби Мен Оннан келдим, Мени Ол жиберди.
30. Сонда олар Ийсаны услаўға тырысты, бирақ ҳеш ким Оған қол тийгизбеди. Ѳйткени Оның ўақты еле келмеген еди.
31. Ал халық арасында кѳп адамлар Оған исенип: – Масих келгенде, бул Адамнан да кѳбирек кәраматлар ислер ме екен? – деди.
32. Парисейлер Ийса ҳаққында халық арасындағы бул сѳзлерди еситти. Сонлықтан олар ҳәм бас руўханийлер Ийсаны услаў ушын сақшыларды жиберди.
33. Ийса былай деди: – Мен сизлер менен бирге аз ўақыт боламан, соңынан Мени Жибергенге қайтып бараман.
34. Мени излейсизлер, бирақ таппайсызлар. Мен болатуғын жерге сизлер келе алмайсызлар.
35. Сонда яҳудий басшылары ѳз ара: – Бул Адам бизлер таба алмайтуғындай қаяққа бармақшы? Ол греклер арасына тарқалып кеткен яҳудийлерге барып, греклерге тәлим бермекши ме?
36. «Мени излейсизлер, бирақ таппайсызлар. Мен болатуғын жерге сизлер келе алмайсызлар», – деген сѳзлер нени аңлатады екен? – дести.
37. Байрамның соңғы, уллы күнинде Ийса орнынан турып, бәлент даўыс пенен былай деди: – Ким де ким шѳллесе, Маған келип ишсин.
38. Мухаддес Жазыўда айтылғандай, Маған исенген адамның ишинен тири суў дәрьясы ағады.
39. Ийса бундай деп, Ѳзине исенетуғынлар алатуғын Мухаддес Руўх ҳаққында айтқан еди. Себеби Ол еле уллылыққа ериспегенликтен, оларға Мухаддес Руўх еле берилмеген еди.
40. Халық арасынан айырымлар бул сѳзлерди еситип: – Бул – ҳақыйқаттан да Пайғамбар, – деди.
41. Басқалары: «Бул – Масих», – дести. Ал гейбиреўлери: «Яқ, Масих Галиладан келетуғын ба еди?
42. Мухаддес Жазыўда: „Масих Даўыттың урпағынан болып, Даўыттың ана журты Бейтлеҳем аўылынан келеди“, – деп жазылған емес пе?» – дести.
43. Солай етип, Ийса себепли халық арасында бѳлиниў пайда болды.
44. Олардың гейбиреўлери Оны усламақшы болды, бирақ ҳеш ким Оған қол тийгизбеди.
45. Сақшылар қайтып келгенде, бас руўханийлер менен парисейлер олардан: – Неге Оны алып келмедиңлер? – деп сорады.
46. Сақшылар жуўап берип: – Ҳеш ким ҳеш қашан бул Адам сыяқлы сѳйлеген емес, – деди.
47. Парисейлер оларға: – Сизлер де алдандыңыз ба?
48. Басшылардан ямаса парисейлерден Оған исенген адам болды ма, сирә?
49. Бирақ, Мухаддес Нызамды билмейтуғын бул халық нәлет етилген, – деди.
50. Олардың бири, бурын Ийсаға келген Никодим атлы адам оларға:
51. – Нызамымыз бойынша, дәслеп адамды тыңламай турып, оның не ислегенин билместен, ҳүким етиўге бола ма? – деди.
52. Оған: – Сен де Галиладансаң ба? Мухаддес Жазыўды жақсылап оқы, сонда Галиладан пайғамбар шықпайтуғынын билесең, – дести олар.
53. Соңынан ҳәммеси үйлерине тарқасты.
1. Ал Ийса Зәйтүн таўына кетти.
2. Таң атқанда, Ол және Ибадатханаға қайтып барды. Пүткил халық Оның қасына келди ҳәм Ийса отырып, оларға тәлим бере баслады.
3. Сонда диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсаның алдына бузықшылық ислеп атырғанда усланған бир ҳаялды алып келди. Ҳаялды ортаға турғызып:
4. – Устаз! Бул ҳаял бузықшылық ислеп атырғанда усланды.
5. Муўса Нызамда бизлерге бундай ҳаялларды тас пенен урыўды буйырған. Сен не дейсең? – деди.
6. Олар бул сѳзлерди Ийсаны сынап, Оны айыплайтуғын бир сылтаў табыў ушын айтты. Бирақ Ийса еңкейип, бармағы менен жерге жазып отыра берди.
7. Олар сораўларын даўам ете бергеннен соң, Ийса түргелип: – Араңызда ким гүнасыз болса, сол биринши болып ҳаялға тас атсын, – деди.
8. Соңынан және еңкейип, жерге жаза берди.
9. Олар бул сѳзлерди еситкенде, жасы үлкенлеринен баслап, бирим-бирим кете баслады. Ақырында жалғыз Ийса менен ортада турған ҳаял қалды.
10. Ийса орнынан турып, ҳаялға: – Ҳаял! Олар қаяқта? Ҳеш ким сени айыпламады ма? – деди.
11. – Ҳеш ким, Мырза! – деп жуўап берди ҳаял. Ийса оған: – Мен де сени айыпламайман, бар, буннан былай гүна ислеме, – деди.
12. Ийса және халыққа былай деди: – Мен – дүньяның нурыман. Ким де ким Маған ерсе, қараңғылықта жүрмейди, ал ѳмир нурына ийе болады.
13. Сонда парисейлер Ийсаға: – Сен Ѳзиң ҳаққында Ѳзиң гүўалық берип атырсаң. Сениң гүўалығың ҳақыйқат емес, – деди.
14. Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мен Ѳзим ҳаққында Ѳзим гүўалық берсем де, гүўалығым ҳақыйқат. Ѳйткени Мен қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билемен. Ал сизлер Мениң қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билмейсизлер.
15. Сизлер адамның ой-пикири менен ҳүким етесизлер, ал Мен ҳеш кимди ҳүким етпеймен.
16. Егер Мен ҳүким етсем де, Мениң ҳүкимим әдил. Себеби Мен жалғыз емеспен. Мен ҳәм Мени Жиберген Єкем екеўмиз бирге ҳүким етемиз.
17. Сизлердиң Мухаддес Нызамыңызда: «Еки адамның гүўалығы дурыс», – деп жазылған-ғо.
18. Мен Ѳзим ҳаққында Ѳзим гүўалық беремен ҳәм Мени жиберген Єкем де гүўалық береди.
19. Сонда олар Ийсадан: – Сениң Єкең қаяқта? – деп сорады. Ийса оларға: – Сизлер Мени де, Мениң Єкемди де билмейсизлер. Егер Мени билгениңизде, Єкемди де билер едиңлер, – деди.
20. Ийса бул сѳзлерди Ибадатханада тәлим берип атырып, садақа қутысының қасында айтты. Бирақ ҳеш ким Оны усламады, ѳйткени Оның ўақты еле келмеген еди.
21. Ийса оларға және: – Мен кетип баратырман. Сизлер Мени излейсизлер. Бирақ ѳз гүналарыңыз бенен ѳлесизлер. Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар, – деди.
22. Сонда яҳудий басшылары ѳз ара: – Ол Ѳзин Ѳзи ѳлтирежақ па екен? Неге: «Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар», – деп атыр? – дести.
23. Ийса оларға былай деди: – Сизлер тѳменненсиз, Мен жоқарыданман. Сизлер бул дүньядансыз, ал Мен бул дүньядан емеспен.
24. Сонлықтан Мен: «Сизлер ѳз гүналарыңыз бенен ѳлесизлер», – деген едим. Себеби Мениң Сол екениме исенбесеңлер, ѳз гүналарыңыз бенен ѳлесизлер.
25. Сонда олар Ийсадан: – Сен кимсең? – деп сорады. Ийса оларға: – Бастан-ақ сизлерге ким туўралы айтқан болсам, анық Солман.
26. Сизлер туўралы айтатуғын ҳәм сизлерди ҳүким ететуғын кѳп нәрселерим бар. Мени Жиберген ҳақыйқат ҳәм Мен Оннан не еситсем, дүньяға соны сѳйлеймен, – деди.
27. Олар Ийсаның Єке ҳаққында айтып турғанын түсинбеди.
28. Солай етип, Ийса былай деди: – Адам Улын жоқары кѳтергениңизде, Мениң Сол екенимди ҳәм Ѳзлигимнен ҳеш нәрсе ислемегенимди, ал Єкемниң Маған үйреткенлерин айтқанымды билип аласызлар.
29. Мени Жиберген Мениң менен бирге, Ол Мени жалғыз қалдырмады. Ѳйткени Мен ҳәмме ўақыт Оған унайтуғын ислерди ислеймен.
30. Ийса бул сѳзлерди айтқанда, Оған кѳп адамлар исенди.
31. Сол ўақытта Ийса Ѳзине исенген яҳудийлерге: – Егер Мениң сѳзлерим бойынша жасасаңлар, ҳақыйқый шәкиртлерим боласызлар.
32. Сизлер ҳақыйқатты билип аласызлар, ҳақыйқат сизлерди азат қылады, – деди.
33. – Бизлер – Ибрайымның урпағымыз. Ҳеш қашан ҳеш кимге қул болмағанбыз. Неге: «Азат боласызлар», – деп атырсаң? – деди олар.
34. Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: гүна ислейтуғын ҳәр бир адам – гүнаның қулы.
35. Ќул үйде мәңги қалмайды, ул мәңги қалады.
36. Сонлықтан егер Ул сизлерди азат қылса, ҳақыйқаттан азат боласызлар.
37. Сизлердиң Ибрайымның урпағы екениңизди билемен. Бирақ Мени ѳлтириўди қәлейсизлер, себеби Мениң сѳзим кеўлиңизден жай алмайды.
38. Мен Єкемнен кѳргенимди айтаман. Ал сизлер әкеңизден еситкениңизди ислейсизлер.
39. Олар Ийсаға жуўап берип: – Бизлердиң бабамыз Ибрайым-ғо, – дести. Ийса оларға: – Егер сизлер Ибрайымның урпақлары болғаныңызда, Ибрайымның ислерин ислер едиңлер.
40. Бирақ енди Мени, Ќудайдан еситкен ҳақыйқатты сизлерге айтқан Адамды ѳлтирежақсызлар. Ибрайым бундай исти ислемеди.
41. Сизлер ѳз әкеңиздиң ислерин қылып атырсызлар, – деди. – Бизлер некесиз туўылған жоқпыз. Бизлердиң бир ғана Єкемиз бар, Ол – Ќудай, – деп жуўап берди олар.
42. Ийса оларға былай деди: – Егер Ќудай сизлердиң Єкеңиз болғанда, Мени сүйер едиңлер. Ѳйткени Мен Ќудайдан келдим ҳәм усы жердемен. Мен Ѳзлигимнен келгеним жоқ, Мени Ол жиберди.
43. Неге айтқанларыма түсинбейсизлер? Себеби Мениң сѳзимди тыңлай алмайсызлар.
44. Сизлер ѳз әкеңиз шайтаннансыз, сизлер оның тилеклерин орынлаўды қәлейсизлер. Ол бастан-ақ адам ѳлтириўши еди. Ол ҳақыйқат тәрепинде турмаған, ѳйткени онда ҳақыйқатлық жоқ. Ол ѳтирик сѳйлеген ўақытта ѳз тәбиятына тән сѳйлейди. Себеби ол ѳтирикши ҳәм ѳтириктиң әкеси.
45. Бирақ Мен ҳақыйқатты айтып турғанлықтан, Маған исенбей атырсызлар.
46. Ќайсы бириңиз Мени гүналы деп, айыплай аласыз? Егер ҳақыйқатты айтып турған болсам, неге Маған исенбей атырсызлар?
47. Ким Ќудайдан болса, Ќудайдың сѳзлерин тыңлайды. Ал сизлер Ќудайдан болмағанлықтан тыңламай атырсызлар.
48. Яҳудийлер Ийсаға жуўап берип: – Сен самариялысаң ҳәм Сени жин урған, деп айтқанымыз дурыс емес пе? – деди.
49. Ийса жуўап берип былай деди: – Мени жин урған жоқ. Бирақ Мен Єкемди ҳүрмет қыламан, ал сизлер Мени масқаралап атырсызлар.
50. Мен Ѳзиме уллылық излемеймен. Уллылығымды излеўши ҳәм ҳүким етиўши Биреў бар.
51. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким сѳзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан ѳлим кѳрмейди.
52. Яҳудийлер Ийсаға: – Сени жин урғанын енди билдик. Ибрайым ҳәм пайғамбарлар ѳлип кетти. Ал Сен: «Ким де ким Мениң сѳзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан ѳлим кѳрмейди», – деп атырсаң.
53. Сен бизлердиң бабамыз Ибрайымнан уллымысаң? Ол да, пайғамбарлар да ѳлип кеткен. Сен Ѳзиңди ким деп санайсаң? – деди.
54. Ийса жуўап берип былай деди: – Егер Мен Ѳзимди Ѳзим уллыласам, Мениң уллылығым пуш болады. Мени уллылайтуғын, сизлер «Ќудайымыз» деп атайтуғын Мениң Єкем.
55. Сизлер Оны билмейсизлер, ал Мен Оны билемен. Егер Оны билмеймен, десем, сизлер сыяқлы ѳтирикши боламан. Бирақ Мен Оны билемен ҳәм Оның сѳзин орынлайман.
56. Бабаңыз Ибрайым Мениң келетуғын күнимди кѳретуғынына қуўанды ҳәм кѳрип шадланды.
57. Яҳудийлер Ийсаға: – Сен еле елиў жасқа да толғаның жоқ-ғо. Сен Ибрайымды кѳрдиң бе? – деди.
58. Ийса оларға: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ибрайым туўылмастан бурын Мен бар едим, – деди.
59. Сонда олар Ийсаға ылақтырыў ушын тас алды. Бирақ Ийса олардан жасырынып, Ибадатханадан шығып кетти.
1. Ийса ѳтип баратырғанда, иштен соқыр болып туўылған бир адамды кѳрди.
2. Шәкиртлери Ийсадан: – Устаз! Бул адамның соқыр болып туўылыўы кимниң гүнасы себепли болды, ѳзиниң бе ямаса ата-анасының ба? – деп сорады.
3. Ийса былай деп жуўап берди: – Бул адамның ѳзиниң де, ата-анасының да гүнасы себепли болған жоқ. Ќудайдың ислери оның ѳмиринде кѳриниўи ушын, ол соқыр болып туўылды.
4. Еле күндиз екен, Мени Жибергенниң ислерин ислеўимиз керек. Түн келеди, сонда ҳеш ким ислей алмайды.
5. Мен дүньяда екенмен, дүньяның нурыман.
6. Ийса бул сѳзлерди айтып болып, жерге түкирди де, түкириктен ылай ислеп, оны соқырдың кѳзлерине жақты
7. ҳәм оған: – Барып, Силоҳа ҳәўизинде жуўын, – деди. Силоҳа – «Жиберилген» деген мәнисти билдиреди. Ол барып жуўынды ҳәм кѳзлери кѳретуғын болып, қайтып келди.
8. Сонда қоңсылары ҳәм бурын оның тиленшилик етип отырғанын кѳргенлер: – Бул – тиленшилик етип отыратуғын сол адам емес пе? – деди.
9. Биреўлери: «Аўа, сол», десе, басқалары: «Яқ, ол тек соған уқсайды», дести. Ал оның ѳзи: «Мен сол адамман», деди.
10. – Олай болса, кѳзлериң қалай ашылды? – деп сорады олар.
11. Ол жуўап берип: – Ийса деген Адам ылай ислеп, кѳзлериме жақты ҳәм маған: «Силоҳа ҳәўизине барып, жуўын», – деди. Сонда мен барып, жуўындым ҳәм кѳзлерим кѳретуғын болды, – деди.
12. Олар: – Ол қаяқта? – деп сорады. – Билмеймен, – деди ол.
13. Адамлар бурын соқыр болған адамды парисейлердиң алдына алып барды.
14. Ийсаның ылай ислеп, соқырдың кѳзин ашқан күн дем алыс күни еди.
15. Сонда парисейлер де оннан кѳзлериниң қалай кѳретуғын болғанын сорады. Сол адам оларға: – Ийса мениң кѳзлериме ылай жақты. Мен жуўындым ҳәм енди кѳретуғын болдым, – деди.
16. Сонда гейбир парисейлер: – Бул Адам Ќудайдан емес. Ѳйткени дем алыс күни жумыс ислеп атыр, – деди. Бирақ басқалары: – Гүнакар адам бундай кәраматларды қалай ислей алады? – деди. Солай етип, олардың арасында бѳлиниў пайда болды.
17. Олар және бурын соқыр болған сол адамнан: – Кѳзлериңди ашқан сол Адам ҳаққында сен не айтасаң? – деп сорады. – Ол пайғамбар, – деди ол.
18. Бирақ яҳудий басшылары кѳзлери ашылған адамның ата-анасын шақыртпағанша, оның бурын соқыр болғанына ҳәм енди кѳзлериниң кѳретуғынына исенбеди.
19. Олар оның ата-анасынан: – Иштен соқыр болып туўылды, деп айтқан улыңыз усы ма? Енди ол қалай кѳретуғын болды? – деп сорады.
20. Оның ата-анасы жуўап берип: – Оның бизлердиң улымыз екенин ҳәм соқыр болып туўылғанын билемиз.
21. Бирақ, енди қалай оның кѳретуғын болғанын ҳәм оның кѳзлерин кимниң ашқанын билмеймиз. Ѳзинен сораң, ол ержеткен, ѳзи ушын ѳзи сѳйлесин, – деди.
22. Соқыр адамның ата-анасы яҳудий басшыларынан қорққанлықтан усылай деди. Себеби яҳудий басшылары: «Ким Ийсаның Масих екенин тән алса, ол мәжилисханадан қуўылсын», – деп тил бириктирген еди.
23. Сонлықтан оның ата-анасы: «Ол ержеткен, ѳзинен сораң», – деген еди.
24. Солай етип, парисейлер соқыр болған адамды екинши мәрте шақырып, оған: – Ҳақыйқатын айтып, Ќудайды мақта! Бизлер бул Адамның гүнакар екенин билемиз, – деди.
25. – Ол гүнакар ма, гүнакар емес пе, билмеймен. Мен тек бир нәрсени билемен: соқыр едим, енди кѳретуғын болдым, – деп жуўап берди ол.
26. Олар және оннан: – Ол саған не иследи? Кѳзлериңди қалай ашты? – деп сорады.
27. – Мен сизлерге жаңа ғана айттым-ғо, бирақ сизлер тыңламадыңлар. Және не еситпекшисизлер? Сизлер де Оның шәкиртлери болыўды қәлейсизлер ме? – деп жуўап берди ол.
28. Сонда яҳудийлер оған жекиринип: – Сен Оның шәкирти! Ал бизлер Муўсаның шәкиртлеримиз!
29. Ќудайдың Муўса менен сѳйлескенин билемиз. Бирақ бул Адамның қаяқтан келгенин билмеймиз, – деди.
30. Кѳзи ашылған адам оларға: – Таң қаларлығы сол-дә! Сизлер Оның қаяқтан келгенин билмейсизлер, бирақ Ол мениң кѳзлеримди ашты.
31. Бизлер Ќудайдың гүнакарларды тыңламайтуғынын билемиз. Бирақ ким де ким Ќудайды сыйлап, Оның еркин орынласа, соны тыңлайды.
32. Дүнья бар болғалы, иштен соқыр болып туўылған адамның кѳзин биреўдиң ашыўы – ҳеш еситилмеген гәп.
33. Егер бул Адам Ќудайдан болмағанда, ҳеш нәрсе ислей алмас еди, – деди.
34. Яҳудийлер оған жуўап берип: – Ѳзиң пүткиллей гүнаға батып туўылғансаң, сен бе бизлерди үйрететуғын? – деп, оны қуўып шығарды.
35. Парисейлердиң оны қуўып шығарғанын еситкен Ийса оны таўып: – Сен Адам Улына исенесең бе? – деп оннан сорады.
36. Ол жуўап берип: – Мырза, Ол ким? Маған айт, мен де Оған исенейин, – деди.
37. Ийса оған: – Сен Оны кѳрдиң. Мине, сениң менен сѳйлесип турған – Оның Ѳзи, – деди.
38. Сонда ол: – Ийем, исенемен, – деп, Ийсаға табынды.
39. Ийса: – Соқырлар кѳрсин, кѳретуғынлар соқыр болсын деп, Мен бул дүньяны ҳүким етиўге келдим, – деди.
40. Ийсаның қасында болған айырым парисейлер бул сѳзлерди еситип, Оған: – Не, бизлер де соқырмыз ба? – деди.
41. Ийса оларға: – Егер сизлер соқыр болғаныңызда, гүнаңыз болмас еди. Бирақ: «Кѳзлеримиз кѳреди» дегениңиз ушын, гүнаңыз мойныңызда қалады, – деди.
1. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким қой қораға қапыдан кирмей, басқа жерден асырылып түссе, ол – уры ҳәм басқыншы.
2. Ал қапыдан кирген адам қойлардың шопаны.
3. Ќараўыл оған қапыны ашып береди. Ќойлар шопанның даўысына қулақ салады, ол ѳз қойларын атпа-ат шақырып, оларды сыртқа алып шығады.
4. Ол ѳз қойларының ҳәммесин сыртқа шығарғаннан соң, олардың алдында жүреди. Ќойлар да оның изине ереди, ѳйткени олар шопанның даўысын таныйды.
5. Олар жат адамның изине ермейди, ал оннан қашып кетеди. Себеби жат адамның даўысын танымайды.
6. Ийса оларға усы тымсалды айтып берди. Бирақ олар Ийсаның не айтпақшы болғанын түсинбеди.
7. Сонлықтан Ийса және былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мен қойлар ушын қапыман.
8. Меннен бурын келгенлердиң ҳәммеси урылар ҳәм басқыншылар еди, қойлар оларға қулақ аспады.
9. Мен – қапыман. Ким де ким Мен арқалы кирсе, қутқарылады. Ол киреди, шығады ҳәм жайлаў табады.
10. Уры тек урлаў, ѳлтириў ҳәм набыт қылыў ушын келеди. Бирақ Мен олар ѳмирге ийе болыўы ушын, дәўлетли ѳмирге ийе болыўы ушын келдим.
11. Мен – жақсы шопанман. Жақсы шопан қойлары ушын жанын береди.
12. Ал жалланған адам қойлардың шопаны ҳәм ийеси емес. Сонлықтан ол қасқырдың киятырғанын кѳрип, қойларды таслап қашып кетеди. Ал қасқыр қойларға шабыўыл жасап, тарқатып жибереди.
13. Ѳйткени ол жалланған адам болғанлықтан, қойларды қайғырмай қашып кетеди.
14. -
15. Мен – жақсы шопанман. Єкемниң Мени билетуғыны ҳәм Мениң Єкемди билетуғыным сыяқлы, Мен де қойларымды билемен, олар да Мени биледи. Мен қойларым ушын жанымды беремен.
16. Мениң бул қорадан болмаған басқа да қойларым бар. Оларды да алып келиўим тийис. Олар Мениң даўысымды еситеди, сонда бир шопаны бар, бир сүриў болады.
17. Мен жанымды қайтып алыў ушын беремен. Сонлықтан Єкем Мени сүйеди.
18. Жанымды Меннен ҳеш ким тартып ала алмайды. Бирақ Мен оны Ѳзим беремен. Менде оны бериўге де, қайтып алыўға да бийлик бар. Бул буйрықты Мен Єкемнен алдым.
19. Усы сѳзлер себепли, яҳудийлер арасында және бѳлиниў пайда болды.
20. Олардың кѳбиси: – Оны жин урған, Оның еси дурыс емес. Неге Оны тыңлап турсызлар? – деди.
21. Ал басқалары: – Бул жинли адамның сѳзлери емес. Жин соқырдың кѳзлерин аша ала ма? – деди.
22. Сол ўақытта Ерусалимде Ибадатхананы Бағышлаў байрамы болды. Ќыс еди.
23. Ийса Ибадатханада, Сулайманның айўанында жүрген еди.
24. Яҳудий басшылары Оның әтирапына жыйналып: – Ќашанға дейин бизлерди түсинбеўшиликке саласаң? Егер Сен Масих болсаң, бизлерге ашығын айт, – деди.
25. Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мен сизлерге айттым, бирақ сизлер исенбей атырсызлар. Єкемниң аты менен қылған ислерим Мен туўралы гүўалық берип атыр.
26. Бирақ та, сизлер исенбей атырсызлар. Себеби сизлер Мениң қойларым емессизлер.
27. Мениң қойларым даўысыма қулақ асады. Мен оларды билемен, олар Мениң изиме ереди.
28. Мен оларға мәңгилик ѳмир беремен ҳәм олар ҳеш қашан набыт болмайды. Ҳеш ким оларды Мениң қолымнан тартып ала алмайды.
29. Оларды Маған берген Єкем – ҳәммеден уллы. Єкемниң қолынан оларды ҳеш ким тартып ала алмайды.
30. Мен ҳәм Єкем бирмиз.
31. Сонда яҳудий басшылары Оған ылақтырыў ушын, жерден және тас алды.
32. Ийса олардан: – Мен сизлерге Єкем тапсырған кѳп жақсы ислерди кѳрсеттим. Олардың қайсы бири ушын, Мени тас пенен уражақсызлар? – деп сорады.
33. Яҳудий басшылары Ийсаға жуўап берип: – Сени жақсы ислериң ушын емес, ал Ќудайға тил тийгизгениң ушын, тас пенен уражақпыз. Сен адам бола тура, Ѳзиңди «Ќудайман», – деп атырсаң, – деди.
34. Ийса оларға былай деди: – «Мен: сизлер қудайларсыз, дедим», – деп Мухаддес Нызамыңызда жазылған емес пе?
35. Ќудай Ѳз сѳзин жиберген адамларды қудайлар деп атаған-ғо. Мухаддес Жазыўды бийкарлаўға болмайды.
36. Єкениң Ѳзине ажыратып алып, дүньяға жиберген Мени «Ќудайдың Улыман», – дегеним ушын, неге «Ќудайға тил тийгизип атырсаң», – дейсизлер?
37. Егер Єкемниң ислерин қылмай атырған болсам, Маған исенбеңлер.
38. Бирақ Оның ислерин қылып атырған болсам, Маған исенбесеңлер де, қылған ислериме исениңлер. Сонда Єкениң Менде, Мениң Єкеде екенимди түсинип, билип аласызлар.
39. Сол ўақытта олар Ийсаны услаўға және ҳәрекет қылды, бирақ Ийса олардың қолларынан қутылып қалды.
40. Ийса және Иордан дәрьясының арғы жағасына, бурын Яқыяның адамларды шомылдырып жүрген жерине барып, сол жерде қалды.
41. Оған кѳп адамлар келип: – Яқыя ҳеш қандай кәрамат ислемеген еди. Бирақ оның бул Адам ҳаққында айтқанларының ҳәммеси дурыс шықты, – деди.
42. Сол жерде кѳп адамлар Ийсаға исенди.
1. Бетания деген аўылда Лазар атлы бир адам аўырып атырған еди. Оның қарындаслары Мәриям менен Марта да сол аўылда жасайтуғын еди.
2. Кейинирек Ийемиз Ийсаға әтир май қуйып, Оның аяқларын шашы менен сүртетуғын ҳаял, усы Мәриям еди.
3. Апалы-сиңлили Ийсаға: «Ийем, Сениң жақсы кѳретуғын адамың аўырып атыр», – деп хабар жиберди.
4. Ийса буны еситип: – Бул аўырыўдың изи ѳлим менен жуўмақланбайды, ал Ќудайдың уллыланыўы ушын болады. Солай етип, бул арқалы Ќудайдың Улы да уллыланады, – деди.
5. Ийса Мартаны, оның сиңлисин ҳәм Лазарды сүйетуғын еди.
6. Ийса Лазардың аўырып атырғанын еситсе де, Ѳзи болып атырған жерде және еки күн қалды.
7. Соңынан шәкиртлерине: – Және Яҳудияға барайық, – деди.
8. Шәкиртлери Оған: – Устаз, яҳудийлер Сени жақында ғана тас пенен урмақшы еди-ғо. Сен және сол жерге баражақсаң ба? – деди.
9. Ийса жуўап берип: – Күндиз он еки саат бар емес пе? Күндиз жүрген адам сүрнигип жығылмайды, ѳйткени ол бул дүньяның нурын кѳреди.
10. Ал түнде жүриўши сүрнигип жығылады, себеби онда нур жоқ, – деди.
11. Ийса бул сѳзлерди айтқаннан соң, оларға және былай деди: – Достымыз Лазар уйықлап қалды. Бирақ Мен оны оятыў ушын кетип баратырман.
12. – Ийем, уйықлап қалған болса, тәўир болады, – деди шәкиртлери.
13. Ийса Лазардың ѳлимин нәзерде тутқан еди. Бирақ олар Ийса қәдимги уйқы ҳаққында айтты, деп ойлады.
14. Сонда Ийса оларға ашық айтып: – Лазар өлди.
15. Сизлердиң исениўиңиз ушын, Мениң сол жерде болмағаныма сизлер ушын қуўанышлыман. Ал енди оған барайық, – деди.
16. Сонда Егиз деп аталған Томас шәкиртлерге: – Жүриңлер кеттик, бизлер де Оның менен бирге ѳлемиз, – деди.
17. Ийса Бетанияға жақынлағанда, Лазардың қәбирге қойылғанына тѳрт күн болғанын билди.
18. Бетания Ерусалимге жақын, үш шақырымдай жерде болғанлықтан,
19. кѳп яҳудийлер Марта менен Мәриямға әжағасының ѳлими себепли кеўил айтыўға келди.
20. Марта Ийсаның киятырғанын еситип, Оны қарсы алыўға шықты. Ал Мәриям үйде қалды.
21. Марта Ийсаға: – Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам ѳлмес еди.
22. Бирақ ҳәзир де Сен Ќудайдан не сорасаң да, Ќудайдың Саған беретуғынын билемен, – деди.
23. Ийса оған: – Сениң әжағаң тириледи, – деди.
24. – Ақыреттеги қайта тирилиўде оның да қайта тирилетуғынын билемен, – деди Марта.
25. Ийса оған: – Мен қайта тирилиў ҳәм ѳмирмен. Маған исенген адам ѳлсе де, жасайды.
26. Маған исенип жасап атырған ҳәр бир адам ҳеш қашан ѳлмейди. Усыған исенесең бе? – деди.
27. Марта Оған: – Аўа, Ийем. Сениң дүньяға келетуғын Масих, Ќудайдың Улы екениңе исенемен, – деди.
28. Марта усыны айтып болып кетип қалды ҳәм Мәриямды шақырып алып: – Устаз усы жерде, сени шақырып атыр, – деп оған сыбырлады.
29. Мәриям буны еситиўден тез орнынан турды да, Ийсаның жанына кетти.
30. Ийса еле аўылға кирмеген болып, Ол Марта менен ушырасқан жерде еди.
31. Мәриям менен бирге үйде болған ҳәм оған кеўил айтып отырған яҳудийлер оның асығыслық пенен орнынан турып, сыртқа шыққанын кѳрди. Олар оны жылаў ушын қәбирге кетти деп ойлап, изине ерди.
32. Мәриям Ийса турған жерге келгенде, Оны кѳрип, аяқларына жығылды да: – Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам ѳлмес еди, – деди.
33. Мәриямның ҳәм оның менен келген яҳудийлердиң жылағанын кѳргенде, Ийса руўхый қыйналып, жаны ашыды.
34. – Оны қай жерге қойдыңлар? – деп сорады. – Ийем, келип кѳр, – деди олар.
35. Ийса кѳзине жас алды.
36. Сонда яҳудийлер: – Ќараңлар, оны қаншелли сүйер екен! – деди.
37. Бирақ олардың айырымлары: – Соқырдың кѳзлерин ашқан бул Адам Лазарды ѳлимнен аман алып қалмас па еди? – деди.
38. Ийса және ишинен терең қайғырып, қәбирге барды. Ќәбир бир үңгирде болып, оның аўзы тас пенен жабылған еди.
39. Ийса: – Тасты алып қойыңлар, – деди. Марҳумның қарындасы Марта Ийсаға: – Ийем! Енди ийисленип баратыр. Ѳйткени оның қәбирге қойылғанына тѳрт күн болды, – деди.
40. Ийса оған: – «Егер Маған исенсең, Ќудайдың уллылығын кѳресең», – деп саған айтқан жоқ па едим? – деди.
41. Солай етип, олар тасты алып қойды. Ийса кѳзлерин аспанға тигип, былай деди: – Єке! Мениң тилегимди еситкениң ушын, Саған миннетдаршылық билдиремен.
42. Мени ҳәмме ўақыт еситетуғыныңды билемен. Бирақ Мен буны усы жерде турған халық Мени Сениң жибергениңе исениўи ушын айттым.
43. Ийса усыларды айтып, бәлент даўыс пенен: – Лазар, сыртқа шық! – деп бақырды.
44. Сонда аяқ-қоллары кепинлик пенен оралған, бети орамал менен байланған ѳли тирилип, сыртқа шықты. Ийса оларға: – Оны шешиндирип жибериңлер, кете берсин, – деди.
45. Солай етип, Мәриямға келип, Ийсаның қылған ислерин кѳрген яҳудийлердиң кѳбиси Ийсаға исенди.
46. Бирақ айырымлары парисейлерге барып, Ийсаның қылған ислери ҳаққында айтып берди.
47. Сонда бас руўханийлер менен парисейлер жоқарғы кеңесте жыйналып: – Бизлер не қылыўымыз керек? Бул Адам кѳп кәраматлар ислемекте.
48. Егер Оны Ѳз еркине жиберсек, ҳәмме Оған исенип кетеди. Сонда римлилер келип, Ибадатханамызды да, елимизди де жоқ қылады, – деди.
49. Олардың бири, сол жылы бас руўханий болған Каяфа: – Сизлер ҳеш нәрсени билмейсизлер.
50. Пүткил халық набыт болғанынан гѳре, бир адамның халық ушын ѳлиўи сизлер ушын жақсырақ екенин түсинбейсизлер ме? – деди.
51. Ол бул сѳзлерди ѳзлигинен айтпаған еди. Сол жылы ол бас руўханий болғанлықтан,
52. Ийсаның яҳудий халқы ушын, тек яҳудий халқы ушын ғана емес, ал Ќудайдың тарқалып кеткен балаларын жыйнап бирлестириў ушын ѳлетуғынын болжап айтқан еди.
53. Солай етип, сол күннен баслап олар Ийсаны ѳлтириўге тил бириктирди.
54. Сонлықтан Ийса енди яҳудийлер арасында ашық жүре алмайтуғын болды. Сонда Ол шѳлдиң жақынындағы Ефраим деген қалашаға кетип, шәкиртлери менен бирге сол жерде қалды.
55. Яҳудийлердиң Ќутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди. Диний рәсим бойынша тазаланыў ушын, елдиң ҳәмме тәрепинен кѳп адамлар байрамнан бурын Ерусалимге келди.
56. Олар Ийсаны изледи ҳәм Ибадатханада турып: – Ќалай ойлайсызлар. Ол байрамға келер ме екен? – деп бир-биринен сорады.
57. Ал бас руўханийлер менен парисейлер Ийсаны услаў ушын, ким де ким Оның қай жерде екенин билсе, хабар бериўди буйырған еди.
1. Ќутқарылыў байрамынан алты күн алдын Ийса Бетанияға, Ѳзи ѳлимнен тирилткен Лазар жасайтуғын жерге келди.
2. Сол жерде Ийса ушын кешки зыяпат берилди. Марта хызмет етип жүрген еди. Ийса менен дастурхан әтирапында жамбаслап жатырғанлардың арасында Лазар да бар еди.
3. Сонда Мәриям ярым литр жүдә қымбатлы, сап әтир майын алып келип, Ийсаның аяқларына қуйды ҳәм Оның аяқларын шашлары менен сүртти. Үйдиң иши майдың хош ийисине толып кетти.
4. Сонда Ийсаның шәкиртлериниң бири, соңынан Оған сатқынлық ислейтуғын Яҳуда Исқариот:
5. – Не ушын бул май үш жүз динарға сатылып, ақшасы жарлыларға берилмеди? – деди.
6. Бул сѳзлерди ол жарлыларды ойлағаны ушын емес, ал уры болғаны ушын айтты. Орталықтағы пулдың қутысы онда болып, ол қутыға салынғанлардан ѳзине алатуғын еди.
7. Ийса: – Ҳаялды тынышына қой! Ол буны Мениң жерленетуғын күним ушын сақлап қойған.
8. Жарлылар ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге, бирақ Мен сизлер менен ҳәмме ўақыт бирге болмайман, – деди.
9. Кѳплеген яҳудийлер Ийсаның Бетанияда екенин билип, сол жерге келди. Олар тек Ийса ушын емес, ал Ол ѳлимнен тирилткен Лазарды кѳриў ушын да келди.
10. Ал бас руўханийлер Лазарды да ѳлтириўге тил бириктирген еди.
11. Ѳйткени ол себепли, кѳп яҳудийлер олардан кетип қалып, Ийсаға исенетуғын еди.
12. Ертеңине Ерусалимдеги байрамға келген кѳп халық Ийсаның да сол жерге келетуғынын еситип қалды.
13. Олар хурма шақаларын алып, Ийсаны қарсы алыўға шықты ҳәм бәлент даўыс пенен былай деди: – Ҳосанна! «Ийемиздиң аты менен киятырған Израилдың Патшасы жарылқансын!»
14. -
15. Мухаддес Жазыўда: «Ќорқпа, Ерусалим халқы! Мине, гүрреге минип, сениң Патшаң киятыр», – деп жазылғандай, Ийса бир гүррени таўып, оған минди.
16. Оның шәкиртлери дәслеп буны түсинбеди. Бирақ Ийса уллылыққа ерискеннен соң, бул сѳзлердиң Ол ҳаққында жазылғанын ҳәм халықтың буларды Ол ушын ислегенин еслерине түсирди.
17. Ийсаның Лазарды қәбирден шақырып, оны ѳлимнен тирилткен ўақтында Ийса менен бирге болған халық кѳргенлерин айтып жүрди.
18. Сонлықтан Ийсаның бул кәраматты ислегенин еситкен кѳп адамлар Оны қарсы алыўға шықты.
19. Ал парисейлер бир-бирине: – Кѳрип турсызлар ма? Ќолыңыздан ҳеш нәрсе келмей атыр. Пүткил дүнья Оның изине ерип кетти! – деди.
20. Байрамда сыйыныў ушын Ерусалимге келгенлер арасында базы греклер де бар еди.
21. Олар Галиланың Бетсайда қаласынан болған Филипке келип: – Мырза, бизлер Ийсаны кѳриўди қәлеймиз, – деп ѳтиниш етти.
22. Филип барып, буны Андрейге айтты. Андрей менен Филип Ийсаға барып хабарлады.
23. Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Адам Улының уллыланатуғын ўақты келди.
24. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: бийдай дәни жерге түсип ѳлмесе, ол жалғыз қалады. Ал егер ѳлсе, кѳп зүрәәт береди.
25. Ѳз жанын сүйетуғын адам оны жойтады. Ал бул дүньяда ѳз жанын жек кѳретуғын адам оны мәңгилик ѳмир ушын сақлайды.
26. Ким де ким Маған хызмет етиўди қәлесе, изиме ерсин. Мен қай жерде болсам, Мениң хызметшим де сол жерде болады. Ким де ким Маған хызмет етсе, оны Єкем иззет етеди.
27. Енди жүрегим қайғыға толды. Мен не дейин? «Єке, Мени бул ўақыттан қутқар», – дейин бе? Бирақ Мен усы ўақыт ушын келгенмен.
28. Єке, Ѳз атыңды уллыла! Сонда аспаннан: – Атымды уллыладым, Мен оны және де уллылайман, – деген саза келди.
29. Сол жерде турып, буны еситкен халық: «Аспан гүркиреди», – деди. Ал басқалары: «Оған периште сѳйледи», – деди.
30. Ийса оларға жуўап берип: – Бул саза Мен ушын емес, ал сизлер ушын еситилди.
31. Ҳәзир бул дүньяның ҳүким етилетуғын ўақты келди. Ҳәзир бул дүньяның ҳәкими қуўып шығарылады.
32. Мен жерден жоқарыға кѳтерилгенимде, ҳәмме адамларды Ѳзиме тартаман, – деди.
33. Ийса буны қандай ѳлим менен ѳлетуғынын билдириў ушын айтты.
34. Халық Оған былай деп жуўап берди: – Бизлер Мухаддес Жазыўдан Масихтың мәңги жасайтуғынын еситкенбиз. Ќалай Сен: «Адам Улы жоқарыға кѳтерилиўи тийис», – деп атырсаң? Бул Адам Улы дегени ким?
35. Ийса былай деди: – Және аз ўақыт нур сизлер менен бирге болады. Сизлерди қараңғылық баспаўы ушын, нур бар ўақытта жүрип қалыңлар. Ќараңғылықта жүрген адам қаяққа баратырғанын билмейди.
36. Сизлерде нур бар ўақытта нурға исениңлер. Сонда нурдың балалары боласызлар. Ийса усы сѳзлерди айтып болып, олардың кѳзлеринен тасаланды.
37. Ийса олардың кѳз алдында сонша кәраматлар ислесе де, олар Ийсаға исенбеди.
38. Солай етип, Ийшая пайғамбардың айтқан мына сѳзлери орынланды: «Ийем, бизлер айтқан хабарға ким исенди? Ийемниң қүдирети кимге кѳринди?»
39. Сонлықтан олар исене алмады. Себеби Ийшая пайғамбар және былай деген еди:
40. «Ќудай олардың кѳзлерин соқыр етти ҳәм жүреклерин тас қылды. Кѳзлери менен кѳрмейди, Жүреклери менен түсинбейди. Мен оларға шыпа бериўим ушын, Маған қайтып келмейди».
41. Ийшая Ийсаның уллылығын кѳргенликтен, Ол ҳаққында сѳйлеп, усы сѳзлерди айтқан еди.
42. Соған қарамастан, басшылар арасында да кѳбиси Ийсаға исенди. Бирақ парисейлерден қорқып, мәжилисханадан қуўылмаўы ушын, исенимлерин ашық мойынламады.
43. Ѳйткени олар Ќудайдың мақтаўынан гѳре, адамның мақтаўын кѳбирек жақсы кѳрди.
44. Сонда Ийса бәлент даўыс пенен былай деди: – Маған исенген адам Мени Жиберген Ќудайға исенген болады.
45. Және де, Мени кѳрген адам Мени Жиберген Ќудайды кѳрген болады.
46. Маған исенген ҳәр бир адам қараңғылықта қалмаўы ушын, Мен дүньяға нур болып келдим.
47. Ким де ким Мениң сѳзлеримди еситсе де, бирақ оларды орынламаса, Мен оны ҳүким етпеймен. Себеби Мен дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал оны қутқарыў ушын келдим.
48. Мени тән алмай, сѳзлеримди қабылламаған адамның ҳүким етиўшиси бар. Мениң сѳйлеген сѳзим ақырғы күни оны ҳүким етеди.
49. Ѳйткени Мен Ѳзлигимнен сѳйлеген жоқпан. Ал Мени жиберген Єкемниң Ѳзи не айтыўымды ҳәм қалай сѳйлеўимди Маған буйырды.
50. Оның буйрығының мәңгилик ѳмир екенин билемен. Сонлықтан Мен не айтсам да, Єкемниң Маған айтқанын айтып атырман.
1. Қутқарылыў байрамының алдыңғы күни Ийса Өзиниң бул дүньядан Әкесиниң жанына баратуғын ўақты келгенин билди. Ол бул дүньядағы Өзине тийисли адамларды сүйетуғын еди. Оларды ақырына дейин сүйди.
2. Ийса шәкиртлери менен кешки аўқатқа отырды. Шайтан әлле қашан Симон улы Яҳуда Исқариоттың кеўлине Ийсаға сатқынлық қылыў нийетин салған еди.
3. Ийса Єкесиниң ҳәмме нәрсени Оның қолына бергенин, Ѳзиниң Ќудайдан келгенин ҳәм Ќудайға қайтып баратырғанын билип,
4. дастурхан басынан турды. Сыртқы кийимин шешти де, бир сүлгини алып белине байлады.
5. Соңынан ләгенге суў қуйып, шәкиртлериниң аяқларын жуўып, белиндеги сүлги менен сүрте баслады.
6. Ийса Симон Петрдиң қасына келгенде, Петр Оған: – Ийем, мениң аяқларымды Сен жуўажақсаң ба? – деди.
7. Ийса оған жуўап берип: – Мениң не ислеп атырғанымды сен ҳәзир түсинбейсең. Бирақ соңынан түсинип аласаң, – деди.
8. – Мениң аяқларымды Сен ҳеш қашан жуўмайсаң! – деди ол. – Егер Мен сениң аяқларыңды жуўмасам, Мениң менен қатнаста болмайсаң, – деди Ийса.
9. Симон Петр Ийсаға: – Ийем, онда тек аяқларымды емес, қолларымды да, басымды да жуўа гѳр! – деди.
10. Ийса оған: – Шомылған адам пүткиллей таза. Оның тек аяқларын ғана жуўыў керек. Сизлер де тазасызлар, бирақ ҳәммеңиз емес, – деди.
11. Ийса Ѳзине кимниң сатқынлық қылатуғынын билетуғын еди. Сонлықтан: «Бирақ ҳәммеңиз емес» деген еди.
12. Шәкиртлериниң аяқларын жуўып болғаннан соң, Ийса кийимлерин кийип, жамбаслап жатты да, оларға былай деди: – Мениң сизлерге не ислегенимди түсинесизлер ме?
13. Сизлер Мени Устаз ҳәм Ийем деп атайсызлар. Дурыс айтасызлар, себеби Мен Солман.
14. Мен сизлердиң Ийеңиз ҳәм Устазыңыз бола тура, аяқларыңызды жуўған болсам, сизлер де бир-бириңиздиң аяқларыңызды жуўыўыңыз тийис.
15. Мен сизлерге не ислеген болсам, сизлер де соны ислеўиңиз ушын, Мен сизлерге ѳрнек кѳрсеттим.
16. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: хызметши хожасынан уллы емес. Елши де ѳзин жибергеннен уллы емес.
17. Егер сизлер буларды билип орынласаңыз, бахытлы боласызлар!
18. – Мен ҳәммеңиз туўралы айтып атырған жоқпан. Мен Ѳзимниң таңлап алғанларымды билемен. Бирақ Мухаддес Жазыўдағы: «Мениң нанымды жеген Маған қарсы қол кѳтерди», – деген сѳзлер орынланыўы керек.
19. Бул жүз бергенде, Мениң Сол екениме исениўиңиз ушын, Мен сизлерге ҳәзир, бул болмастан бурын айтып атырман.
20. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким Мен жиберген адамды қабыл алса, Оның Мени қабыл алғаны болады. Ким де ким Мени қабыл алса, Оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады.
21. Ийса буларды айтқаннан соң, руўхый қыйналып, ашық сѳйлеп былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди.
22. Шәкиртлери Оның кимди нәзерде тутып атырғанын түсинбей, бир-бирине қарасты.
23. Шәкиртлер арасында бири Оның кѳкирегине сүйенип жатырған еди. Ийса оны сүйетуғын еди.
24. Симон Петр сол шәкиртке: «Ол ким туўралы айтып атыр, сора», – деп ымлады.
25. Ийсаның кѳкирегине сүйенип жатырған сол шәкирт Оннан: – Ийем, ол ким? – деп сорады.
26. Ийса жуўап берип: – Мен мына бир бѳлек нанды малып, кимге берсем, ол – сол, – деди де, бир бѳлек нанды малып, Симон улы Яҳуда Исқариотқа берди.
27. Яҳуда нанды алыўдан-ақ, оның ишине шайтан кирди. Ийса оған: – Ќылажақ исиңди тезирек қыл, – деди.
28. Дастурхан әтирапында отырғанлардың ҳеш қайсысы Ийсаның бул сѳзлерди Яҳудаға не ушын айтқанын түсинбеди.
29. Ақша қутысы Яҳудада болғанлықтан, Ийса оған: «Байрам ушын бизлерге керекли затларды сатып ал» ямаса «Жарлыларға бир нәрсе бер», – деп атырған шығар, деп ойлады гейбиреўлери.
30. Ал Яҳуда бир бѳлек нанды алыўдан-ақ, сыртқа шығып кетти. Түн болған еди.
31. Яҳуда сыртқа шығып кеткеннен соң, Ийса былай деди: – Ҳәзир Адам Улы уллыланды. Ол арқалы Ќудай да уллыланды.
32. Ќудай Ол арқалы уллыланғанлықтан, Ќудайдың Ѳзи де Оны уллылайды. Оны тез арада уллылайды.
33. Балаларым! Енди Мен сизлер менен бирге узақ ўақыт болмайман. Мени излейсизлер, бирақ яҳудий басшыларына айтқанымдай, сизлерге де айтатуғыным: Мен баратуғын жерге сизлер бара алмайсызлар.
34. Сизлерге жаңа буйрық берип атырман: бир-бириңизди сүйиңлер! Мениң сизлерди сүйгеним сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди сүйиңлер.
35. Егер бир-бириңизди сүйсеңлер, сизлердиң Мениң шәкиртлерим екениңизди ҳәмме усы арқалы билип алады.
36. Симон Петр Ийсаға: – Ийем, Сен қаяққа баратырсаң? – деди. Ийса: – Мен баратуғын жерге сен ҳәзир изимнен ерип бара алмайсаң. Бирақ соңынан изимнен келесең, – деп жуўап берди.
37. Петр Оған: – Ийем, не ушын Сениң изиңнен ҳәзир бара алмайман? Мен Сен ушын жанымды беремен! – деди.
38. Ийса оған былай деп жуўап берди: – Мен ушын жаныңды бермекшимисең? Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң.
1. Ийса шәкиртлерине былай деди: – Жүреклериңиз ғам шекпесин. Ќудайға исениңлер, Маған да исениңлер.
2. Єкемниң үйинде орын кѳп. Егер олай болмағанда, сизлерге айтпас едим. Ѳйткени Мен сизлер ушын орын таярлаўға кетип баратырман.
3. Мен барып, сизлер ушын орын таярлағанымнан соң, сизлер де Мен болатуғын жерде болыўыңыз ушын, және келип, сизлерди Ѳз жаныма алып кетемен.
4. Мен баратуғын жерге апаратуғын жолды сизлер билесизлер.
5. Томас Ийсаға: – Ийем, Сениң қаяққа баратуғыныңды билмеймиз-ғо. Жолды қалай биле аламыз? – деди.
6. Ийса оған былай деди: – Мен жол, ҳақыйқат ҳәм ѳмирмен. Мен арқалы болмаса, ҳеш ким Єкеге бара алмайды.
7. Егер Мени билсеңлер, Єкемди де билесизлер. Ҳәзирден баслап Оны билесизлер ҳәм Оны кѳрдиңлер.
8. Филип Ийсаға: – Ийем, бизлерге Єкени кѳрсет, бизлерге соның ѳзи жеткиликли, – деди.
9. Ийса оған былай деди: – Филип, Мен сонша ўақыттан бери сизлер менен бирге болсам да, Мени еле билмейсең бе? Мени кѳрген Єкени кѳрген болады-ғо. Сен не ушын: «Бизлерге Єкени кѳрсет», – деп айтып атырсаң?
10. Мениң Єкеде, Єкениң Менде екенине исенбейсең бе? Сизлерге айтқан сѳзлеримди Ѳзлигимнен айтып турған жоқпан, ал Менде жасап атырған Єке Ѳз ислерин ислеп атыр.
11. Мениң Єкеде, Єкениң Менде екенине исениңлер. Ҳеш болмаса, ислеген ислерим арқалы Маған исениңлер.
12. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Маған исенген адамның ѳзи де Мен ислеген ислерди ислейди, ҳәтте, олардан да үлкенирек ислерди ислейди. Себеби Мен Єкеме баратырман.
13. Єке Улы арқалы уллыланыўы ушын, Мениң атым менен не сорасаңлар да, ҳәммесин орынлайман.
14. Мениң атым менен бир нәрсе сорасаңлар, Мен оны орынлайман.
15. – Егер Мени сүйсеңлер, Мениң буйрықларымды орынлайсызлар.
16. Мен Єкемнен сорайман ҳәм Ол сизлер менен мәңги бирге болыўы ушын басқа Жубатыўшыны жибереди.
17. Ол – Ҳақыйқат Руўхы. Дүнья Оны қабыл ете алмайды. Ѳйткени Оны кѳрмейди де, танымайды да. Бирақ сизлер Оны билесизлер. Себеби Ол сизлер менен бирге жасайды, Ол ишиңизде болады.
18. Сизлерди жетим қылып қалдырмайман, сизлерге қайтып келемен.
19. Бираздан кейин, дүнья Мени қайтып кѳрмейди. Бирақ сизлер Мени кѳресизлер. Ѳйткени Мен қайта тирилемен, сизлер де қайта тирилесизлер.
20. Сол күни сизлер Мениң Єкемде, сизлердиң Менде ҳәм Мениң сизлерде екенимди билесизлер.
21. Мениң буйрықларымды билип, оларды орынлаған адам – Мени сүйетуғын адам. Мени сүйген адамды Єкем де сүйеди. Мен де оны сүйип, оған Ѳзимди кѳрсетемен.
22. Исқариотлы емес басқа Яҳуда Ийсаға: – Ийем, бул қалай болғаны, Ѳзиңди дүньяға емес, бизлерге кѳрсетежақсаң ба? – деди.
23. Ийса оған былай деп жуўап берди: – Ким де ким Мени сүйсе, Мениң сѳзимди орынлайды. Єкем де оны сүйеди. Бизлер оған келип, оның менен бирге жасаймыз.
24. Мени сүймеген адам сѳзлеримди орынламайды. Сизлер еситип атырған сѳзлер Меники емес, ал Мени жиберген Єкемдики.
25. Мен еле сизлер менен бирге болған ўақтымда сизлерге буларды айттым.
26. Єкемниң Мениң атымнан жиберетуғын Жубатыўшысы, Мухаддес Руўх сизлерге ҳәммесин үйретеди. Ол Мениң сизлерге айтқанларымның ҳәммесин еслериңизге түсиреди.
27. Мен сизлерге тынышлық қалдыраман. Ѳз тынышлығымды сизлерге беремен. Мен беретуғын тынышлық дүнья беретуғын тынышлыққа уқсамайды. Жүреклериңиз ғам шекпесин, қорқпаңлар.
28. Сизлер Мениң: «Сизлерден кетемен ҳәм және сизлерге қайтып келемен», – дегенимди еситтиңлер. Егер сизлер Мени сүйгениңизде: «Єкемниң жанына баратырман», – дегениме қуўанар едиңлер. Себеби Єкем Меннен уллы.
29. Булар жүз бергенде исениўиңиз ушын, еле жүз берместен бурын, сизлерге ҳәзирден айттым.
30. Сизлер менен енди кѳп сѳйлеспеймен. Ѳйткени бул дүньяның ҳәкими киятыр. Оның Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлиги жоқ.
31. Бирақ бул дүнья Мениң Єкемди сүйетуғынымды ҳәм Оның Маған буйырғанларының ҳәммесин орынлайтуғынымды билиўи тийис. Ќәне турыңлар, бул жерден кетейик.
1. – Мен – ҳақыйқый жүзим ағашыман, ал Єкем бағман.
2. Мендеги жемис бермейтуғын ҳәр бир шақаны Ол кесип таслайды. Жемис беретуғын ҳәр бир шақаны және де кѳбирек жемис берсин деп, путап тазалайды.
3. Мениң сизлерге айтқан сѳзлерим арқалы сизлер әлле қашан тазасызлар.
4. Менде болыңлар, Мен де сизлерде боламан. Ағашта болмаған шақа ѳз-ѳзинен жемис бере алмағаны сыяқлы, сизлер де Менде болмасаңлар, жемис бере алмайсызлар.
5. Мен – жүзим ағашыман, сизлер – шақаларсыз. Ким Менде болып, Мен онда болсам, ол кѳп жемис береди. Себеби Менсиз ҳеш нәрсе ислей алмайсызлар.
6. Ким де ким Менде болмаса, шақа сыяқлы сыртқа тасланып, қуўрап қалады. Бундай шақалар жыйналып, отқа тасланып жандырылады.
7. Егер сизлер Менде болып, Мениң сѳзлерим сизлерде болса, қәлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи.
8. Сизлер кѳп жемис берсеңлер, Єкем уллыланады. Сонда Мениң шәкиртлерим боласызлар.
9. Єкениң Мени сүйгени сыяқлы, Мен де сизлерди сүйдим. Мениң сүйиспеншилигиме садық болыңлар.
10. Мен Єкемниң буйрықларын орынлап, Оның сүйиспеншилигине садық болғанымдай, сизлер де егер Мениң буйрықларымды орынласаңлар, Мениң сүйиспеншилигиме садық боласызлар.
11. Буларды сизлерге Мениң қуўанышым сизлерде болыўы ушын ҳәм қуўанышыңыз толы болыўы ушын айттым.
12. Мениң буйрығым бул: Мен сизлерди қалай сүйген болсам, сизлер де бир-бириңизди солай сүйиңлер.
13. Дослары ушын ѳз жанын берген адамның сүйиспеншилигинен артық сүйиспеншилик жоқ.
14. Егер сизлер буйырғанларымды орынласаңлар, Мениң досларым боласызлар.
15. Буннан былай, сизлерди «қул» деп атамайман. Ѳйткени қул хожайынының не ислейтуғынын билмейди. Сизлерди «досларым» деп атайман. Себеби Єкемнен еситкенлеримниң ҳәммесин сизлерге билдирдим.
16. Сизлер Мени емес, Мен сизлерди таңладым. Барып жемис берсин ҳәм жемиси турақлы болсын деп, сизлерди тайынладым. Солай етип, Мениң атым менен Єкеден не сорасаңлар да, Ол сизлерге береди.
17. Сизлерге буйрығым сол: бир-бириңизди сүйиңлер!
18. – Егер дүнья сизлерди жек кѳрсе, сизлерден алдын оның Мени жек кѳргенин билиңлер.
19. Сизлер бул дүньяники болғаныңызда, дүнья ѳзине тийислилерди сүйер еди. Бирақ, сизлер бул дүньяники емессизлер: ѳйткени Мен сизлерди дүньядан таңлап алдым. Сонлықтан дүнья сизлерди жек кѳреди.
20. Мениң: «Хызметши хожасынан уллы емес», – деген сѳзлеримди еслериңизге түсириңлер. Егер адамлар Мени қуўдаласа, сизлерди де қуўдалайды. Егер Мениң сѳзимди тыңласа, сизлердиң сѳзлериңизди де тыңлайды.
21. Бул ислердиң ҳәммесин сизлерге Мениң атым себепли ислейди. Себеби олар Мени Жибергенди билмейди.
22. Егер Мен келмегенимде ҳәм оларға айтпағанымда, олардың гүналары болмас еди. Бирақ енди гүналарына кеширим жоқ.
23. Мени жек кѳрген адам Мениң Єкемди де жек кѳрген болады.
24. Егер Мен олар арасында ҳеш ким ислемеген ислерди ислемегенимде, оларда гүна болмас еди. Енди болса, олар ислеримди кѳрсе де, Мени де, Єкемди де жек кѳрди.
25. Бирақ бул олардың Мухаддес Нызамындағы: «Мени бийкарға жек кѳрди», – деген сѳзлердиң орынланыўы ушын болды.
26. Єкемнен сизлерге Мен жиберетуғын Жубатыўшы, яғный Єкемнен шығатуғын Ҳақыйқат Руўхы келгенде, Ол Мен туўралы гүўалық береди.
27. Сизлер де гүўалық бересизлер. Ѳйткени әўелден-ақ Мениң менен биргесизлер.
1. – Мен буларды сизлерге исенимнен қайтпаўыңыз ушын айттым.
2. Сизлерди мәжилисханадан қуўып жибереди. Ҳәтте, сизлерди ѳлтирип атырған ҳәр бир адам буның менен Ќудайға хызмет етип атырман, деп ойлайтуғын ўақыт келеди.
3. Буларды Єкемди де, Мени де билмегенликтен ислейди.
4. Сол ўақыт келгенде буларды сизлерге айтқанымды еске түсириўиңиз ушын сизлерге билдирген едим. Єўелден сизлерге буларды айтқан жоқпан, себеби Мен сизлер менен бирге едим.
5. – Енди болса, Мени Жибергенниң жанына баратырман. Деген менен, араңызда ҳеш ким Меннен: «Ќаяққа баратырсаң?» – деп сорап атырған жоқ.
6. Бирақ сизлерге буларды айтқаным ушын, жүрегиңиз қайғыға толды.
7. Соған қарамастан, Мен сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Мениң кеткеним сизлер ушын жақсырақ. Егер Мен кетпесем, сизлерге Жубатыўшы келмейди. Егер кетсем, Оны сизлерге жиберемен.
8. Ол келгенде, гүна ҳаққында, ҳақлық ҳаққында ҳәм ҳүким ҳаққында дүньяның алжасқанын әшкаралайды.
9. Гүна соннан ибарат: адамлар Маған исенбейди.
10. Ҳақлық соннан ибарат: Мен Єкемниң жанына кетип баратырман ҳәм енди қайтып Мени кѳрмейсизлер.
11. Ҳүким соннан ибарат: бул дүньяның ҳәкими ҳүким етилди.
12. Сизлерге және де айтатуғынларым кѳп, бирақ ҳәзир сизлер кѳтере алмайсызлар.
13. Бирақ Ол, яғный Ҳақыйқат Руўхы келгенде, сизлерди толық ҳақыйқатқа қарай жетелейди. Ол Ѳзлигинен сѳйлемейди, тек нени еситсе, соны сѳйлейди ҳәм келешекте не болатуғынын сизлерге билдиреди.
14. Ол Мени уллылайды. Ѳйткени Ол Меникинен алып, сизлерге билдиреди.
15. Єкемде не бар болса, ҳәммеси Меники. Сонлықтан: «Ол Меникинен алып, сизлерге билдиреди», – деген едим.
16. Бираздан соң, сизлер Мени қайтып кѳрмейсизлер. Және бираздан соң, Мени кѳресизлер.
17. Сонда шәкиртлердиң гейбиреўлери бир-бирине: – «Бираздан соң, сизлер Мени кѳрмейсизлер, және бираздан соң, Мени кѳресизлер» ҳәм «Себеби Єкеме кетип баратырман», – деп айтып, Ол бизлерге не демекши?
18. «Бираздан соң» дегени не? Не айтқанына түсинбей атырмыз-ғо, – деди.
19. Ийса олардың Ѳзине бир сораў бермекши болғанын билип, оларға былай деди: – «Бираздан соң, Мени кѳрмейсизлер, және бираздан соң, Мени кѳресизлер», – дегеним ҳаққында бир-бириңизден сорап турсызлар ма?
20. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер жылап, аза тутасызлар, ал дүнья қуўанады. Сизлер қайғырасызлар, бирақ қайғыңыз қуўанышқа айланады.
21. Ҳаял бала туўғанда азап шегеди, ѳйткени оның ўақты келди. Бирақ баласын туўғаннан соң, дүньяға адам келгенликтен қуўанып, шеккен азабын умытып кетеди.
22. Сол сыяқлы, сизлер де ҳәзир қайғырып атырсызлар. Бирақ Мен сизлерди және кѳремен ҳәм жүрегиңиз қуўанышқа толады. Бул қуўанышты сизлерден ҳеш ким тартып ала алмайды.
23. Сол күни Меннен ҳеш нәрсе сорамайсызлар. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң атым менен Єкемнен не сорасаңлар да сизлерге береди.
24. Ҳәзирге дейин сизлер Мениң атым менен ҳеш нәрсе сорамадыңлар. Сораңлар, аласызлар, сонда қуўанышыңыз толы болады.
25. Сизлерге буларды тымсаллар менен айттым. Бирақ Мен сизлерге тымсаллар менен сѳйлемейтуғын ўақыт келеди, сонда Єкем ҳаққында сизлерге ашықтан-ашық айтаман.
26. Сол күни Мениң атым менен Єкемнен сорайсызлар. Сизлер ушын Єкемнен Мен сорайман, деп атырғаным жоқ.
27. Єкемниң Ѳзи сизлерди сүйеди, себеби сизлер Мени сүйип, Мениң Єкемнен келгениме исендиңлер.
28. Мен Єкемнен шығып, дүньяға келдим. Енди дүньяны қалдырып, Єкеме қайтып баратырман.
29. Шәкиртлери Ийсаға: – Мине, енди ашық айтып турсаң, ҳеш тымсал қолланып атырған жоқсаң.
30. Сениң ҳәмме нәрсени билетуғыныңды енди билемиз. Ҳеш кимниң Саған сораў бериўиниң ҳәжети жоқ. Сол себепли, Сениң Ќудайдан келгениңе исенемиз, – деди.
31. Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Енди исенесизлер ме?
32. Мине, ҳәммеңиз үйлериңизге тарқап кетип, Мени жалғыз қалдыратуғын ўақтыңыз келеди, ол келип қалды да. Бирақ Мен жалғыз емеспен, ѳйткени Єкем Мениң менен бирге.
33. Буларды сизлерге Менде болып, тынышлық алыўыңыз ушын айттым. Бул дүньяда қыйыншылық кѳресизлер, бирақ мәрт болыңлар, Мен дүньяны жеңдим!
1. Ийса бул сѳзлерди айтып болғаннан соң, кѳзлерин аспанға тигип былай деди: – Єке, ўақыт келди. Улың Сени уллылаўы ушын, Сен де Улыңды уллыла.
2. Себеби Сениң Оған берген адамларыңның ҳәммесине Ол мәңгилик ѳмир берсин деп, Сен Оған пүткил адамзат үстинен бийлик бердиң.
3. Мәңгилик ѳмир – бул Сени, жалғыз ҳақ Ќудайды ҳәм Сен жиберген Ийса Масихты билиў.
4. Сениң Маған тапсырған исиңди тамамлағаным менен, Сени жер жүзинде уллыладым.
5. Әке, дүнья жаратылмастан бурын Сениң менен бирге болғанымда, Менде болған уллылық пенен ҳәзир Мени Өзиңниң алдыңда уллыла.
6. – Сениң Маған дүньядан берген адамларыңа Сени ашып бердим. Олар Сеники еди, Сен оларды Маған бердиң ҳәм олар Сениң сөзлериңди орынлады.
7. Сениң Маған бергенлериңниң ҳәммеси Сеннен екенин олар енди билип алды.
8. Ѳйткени Маған берген сѳзлериңди оларға тапсырдым, олар қабыл етти. Олар Мениң Сеннен келгенимди ҳақыйқаттан билди ҳәм Мени Сениң жибергениңе исенди.
9. Олар ушын сорайман: дүнья ушын емес, Маған берген адамларың ушын сорайман. Себеби олар Сеники.
10. Меникиниң ҳәммеси – Сеники ҳәм Сеникиниң ҳәммеси – Меники. Мен олар арқалы уллыландым.
11. Мен енди бул дүньяда емеспен, бирақ олар бул дүньяда. Мен Саған баратырман, Мухаддес Єке, Маған берген Ѳз атыңның күши менен оларды сақла, олар да Биз сыяқлы бир болсын.
12. Мен олар менен бирге болғанымда, Сениң Маған берген атыңның күши менен оларды қорғап сақладым. Набыт болыўға тийисли адамнан басқа олардан ҳеш бири набыт болмады. Солай етип, Мухаддес Жазыў орынланды.
13. Енди Мен Саған баратырман. Мениң қуўанышым оларда толы болыўы ушын, бул сѳзлерди дүньяда болған ўақтымда айтып атырман.
14. Мен оларға Сениң сѳзиңди тапсырдым, дүнья болса оларды жек кѳрди. Ѳйткени Мениң дүньяға тийисли болмағаным сыяқлы, олар да дүньяға тийисли емес.
15. Оларды дүньядан алыўыңды емес, жаўызлықтан, шайтаннан сақлаўыңды сорайман.
16. Мениң дүньяға тийисли болмағаным сыяқлы, олар да дүньяға тийисли емес.
17. Оларды ҳақыйқат пенен мухаддес қыл. Сениң сѳзиң – ҳақыйқат.
18. Сениң Мени дүньяға жибергениң сыяқлы, Мен де оларды дүньяға жибердим.
19. Олар да ҳақыйқат пенен мухаддес болыўлары ушын, Мен Ѳзимди олар ушын бағышлайман.
20. – Мен тек олар ушын емес, ал олардың сѳзлери арқалы Маған исенетуғынлар ушын да сорайман:
21. олардың ҳәммеси бир болсын. Єке, Мени Сениң жибергениңе дүнья исениўи ушын, Сениң Менде ҳәм Мениң Сенде болғаным сыяқлы, олар да Бизде болсын.
22. Биз бир болғанымыз сыяқлы, олар да бир болыўы ушын, Сениң Маған берген уллылығыңды оларға бердим.
23. Мен оларда, Сен Мендесең. Мени Сениң жибергениңди ҳәм Сениң Мени сүйетуғының сыяқлы, оларды да сүйетуғыныңды дүнья билиўи ушын, олар да бир тутас болсын.
24. Єке! Сениң Маған берген адамларың Мен болатуғын жерде Мениң менен бирге болып, Сен Мени дүнья жаратылмастан бурын сүйгенликтен, Сениң Маған берген уллылығыңды олардың да кѳриўин қәлеймен.
25. Єдил Єке! Дүнья Сени билмейди, бирақ Мен Сени билемен. Булар да Мени Сениң жибергениңди биледи.
26. Маған деген сүйиспеншилигиң оларда болыўы ушын ҳәм Мен де оларда болыўым ушын, Сениң атыңды оларға билдирдим ҳәм билдириўди даўам етемен.
1. Ийса дуўа етип болғаннан соң, шәкиртлери менен бирге Кидрон сайының арғы жағасына ѳтти. Ол жерде бир бағ бар еди. Ийса шәкиртлери менен сол бағқа кирди.
2. Оған сатқынлық қылған Яҳуда да бул жерди билетуғын еди. Себеби Ийса шәкиртлери менен ол жерде тез-тез ушырасып туратуғын еди.
3. Солай етип, Яҳуда жанына бир топар Рим әскерлери менен бас руўханийлер ҳәм парисейлер жиберген сақшыларды алып, сол жерге келди. Олардың қолларында паныс, шом ҳәм қураллар бар еди.
4. Ийса Ѳзине болажақ ҳәмме нәрсени билгенликтен, алдына шығып, олардан: – Кимди излеп жүрсизлер? – деп сорады.
5. – Насыралы Ийсаны, – деп жуўап берди олар. – Мен – Солман, – деди Ийса. Ийсаның сатқыны Яҳуда да олар менен бирге турған еди.
6. Ийса: «Мен – Солман» деўи менен, олар артқа шегинип, жерге жығылды.
7. Сонда Ийса олардан және: – Кимди излеп жүрсизлер? – деп сорады. – Насыралы Ийсаны, – дести олар.
8. Ийса жуўап берип: – Сизлерге айттым-ғо, Мен – Солман. Егер Мени излеп жүрген болсаңлар, бул адамларды жибериңлер, кетсин, – деди.
9. Бул Оның: «Сениң Маған бергенлериңниң ҳеш бирин жойтпадым», – деп бурын Ѳзи айтқан сѳзлериниң орынланыўы ушын болды.
10. Сонда Симон Петр жанындағы қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының оң қулағын шаўып таслады. Ќулдың аты Малкус еди.
11. Ийса Петрге: – Ќылышыңды қынабына салып қой! Єкемниң Маған берген азап кесесинен ишпейин бе? – деди.
12. Соңынан әскерлер топары менен олардың басшысы ҳәм яҳудийлердиң сақшылары Ийсаны услап байлады.
13. Оны дәслеп Ханнаға алып барды. Ханна сол жылы бас руўханий болған Каяфаның қәйин атасы еди.
14. Яҳудий басшыларына: «Халық ушын бир адамның ѳлиўи жақсырақ», – деп кеңес берген усы Каяфа еди.
15. Симон Петр менен және басқа шәкирти Ийсаның изине ерип барды. Бул шәкирт бас руўханийге таныс болғанлықтан, Ийса менен бирге бас руўханийдиң ҳәўлисине кирди.
16. Ал Петр сыртта, қапының алдында қалды. Бас руўханийдиң танысы болған сол шәкирт сыртқа шығып, қапыны қараўыллаған шоры қыз бенен сѳйлести де, Петрди ишке алып кирди.
17. Ќапыны қараўыллаған шоры қыз Петрден: – Сен де бул Адамның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады. – Яқ, – деп жуўап берди ол.
18. Күн суўық болғанлықтан, хызметшилер менен сақшылар кѳмир жағып, жылынып турды. Петр де олар менен бирге турып жылынды.
19. Бас руўханий Ийсадан Оның шәкиртлери ҳәм тәлийматы ҳаққында сорады.
20. Ийса оған былай деп жуўап берди: – Мен дүньяға ашық сѳйледим. Ҳәмме ўақытта яҳудийлер жыйналатуғын мәжилисханаларда ҳәм Ибадатханада үйреттим. Жасырын ҳеш нәрсе айтпадым.
21. Неге Меннен сорап атырсаң? Сѳйлегенлеримди еситкенлерден сора. Олар не айтқанымды биледи.
22. Ийса усыларды айтқанда, Оған жақын турған сақшылардың бири: – Бас руўханийге де усылай жуўап бериўге бола ма? – деп Оның бетине урып жиберди.
23. Ийса оған: – Егер Мен надурыс сѳйлеген болсам, надурыслығымды дәлилле. Бирақ дурыс сѳйлеген болсам, неге Мени урасаң? – деди.
24. Ханна Ийсаны байлаўлы ҳалында бас руўханий Каяфаға жиберди.
25. Симон Петр еле отқа жылынып тур еди. – Сен де Оның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады олар. Бирақ ол танып: – Яқ, – деди.
26. Бас руўханийдиң қулларының бири, Петр қулағын шапқан адамның ағайини Петрден: – Сени бағда Оның менен бирге кѳрген жоқпан ба? – деп сорады.
27. Петр және танды. Сол ўақытта-ақ қораз шақырды.
28. Таң азанда яҳудий басшылары Ийсаны Каяфаның алдынан Рим ҳәкимханасына алып барды. Олар Ќутқарылыў байрамының асын ҳарамланбай жеў ушын ҳәкимханаға кирмеди.
29. Сол себептен Пилат сыртқа шығып, олардан: – Бул Адамды не нәрседе айыплап атырсызлар? – деп сорады.
30. Олар жуўап берип: – Егер бул Адам жынаятшы болмағанда, Оны сениң алдыңа алып келмес едик, – деди.
31. Пилат оларға: – Оны ѳзлериңиз алып кетип, ѳз нызамыңыз бойынша ҳүким етиңлер, – деди. Яҳудий басшылары: – Бизлерге ҳеш кимди ѳлтириўге рухсат етилмеген, – деди.
32. Ийсаның Ѳзиниң қандай ѳлим менен ѳлетуғыны ҳаққында айтқан сѳзлериниң орынланыўы ушын усылай болды.
33. Сонда Пилат және ҳәкимханаға кирди ҳәм Ийсаны ѳзине шақыртып: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады.
34. Ийса былай деп жуўап берди: – Буны ѳзиң айтып турсаң ба ямаса Мен туўралы саған басқалар айтты ма?
35. Пилат: – Мен не яҳудиймен бе? Сени маған Ѳз халқың менен бас руўханийлериң тапсырды. Сен не ислеп қойдың? – деди.
36. Ийса жуўап берип: – Мениң Патшалығым бул дүньяда емес. Егер Патшалығым бул дүньяда болғанда, яҳудий басшыларының қолына тапсырылмаўым ушын, хызметшилерим гүресер еди. Бирақ Мениң Патшалығым бул жерде емес, – деди.
37. – Демек, Сен Патша екенсең-дә? – деди Пилат. Ийса жуўап берип: – Ѳзиң айтқандай, Мен Патшаман. Мен ҳақыйқат ҳаққында гүўалық бериў ушын туўылдым ҳәм соның ушын дүньяға келдим. Ким ҳақыйқат тәрепинде болса, Мениң даўысымды еситеди, – деди.
38. Пилат Ийсаға: – Ҳақыйқат деген не? – деди. Буны айтып болғаннан соң, Пилат және яҳудийлердиң жанына шығып, оларға: – Мен Оннан ҳеш айып таба алмай атырман.
39. Бирақ сизлерде бар бир әдет бойынша, мен ҳәр Ќутқарылыў байрамында сизлер ушын бир тутқынды босатып беретуғын едим. Сизлер ушын яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деди.
40. Бирақ олар және: – Яқ, Оны емес, Барабаны босат! – деп бақырысты. Ал Бараба қозғалаңшы еди.
1. Сонда Пилат Ийсаны услап, қамшылаўды буйырды.
2. Єскерлер тикенли шыбықлардан таж ѳрип, Ийсаның басына салды. Соңынан Оған шым қызыл шапан кийгизди.
3. Алдына келип: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп жүзине шапалақ пенен урды.
4. Пилат және сыртқа шығып, яҳудийлерге: – Мине, мениң Оннан ҳеш бир айып таппағанымды сизлерди билсин деп, Оны сизлердиң алдыңызға шығарып атырман, – деди.
5. Сонда басында тикенли тажы, үстинде шым қызыл шапаны бар Ийса сыртқа шықты. Пилат оларға: – Мине, бул Адам! – деди.
6. Бас руўханийлер менен олардың сақшылары Ийсаны кѳргенде: – Оны атанақ ағашқа шегеле, шегеле! – деп бақырысты. Пилат оларға: – Оны сизлер алып кетип, атанақ ағашқа шегелеңлер. Ѳйткени мен Оннан ҳеш қандай айып таппай атырман, – деди.
7. Яҳудий басшылары оған жуўап берип: – Бизлерде нызам бар ҳәм сол нызам бойынша, Ол ѳлиўи шәрт. Себеби Ол Ѳзин Ќудайдың Улы деп атады, – деди.
8. Пилат бул сѳзлерди еситкенде, бурынғыдан бетер қорқып кетти.
9. Ќайтадан ҳәкимханаға кирип, Ийсадан: – Сен қай жерденсең? – деп сорады. Бирақ Ийса оған жуўап бермеди.
10. Пилат Оған: – Мениң менен сѳйлеспейжақсаң ба? Сени азат қылыўға да, атанақ ағашқа шегелетиўге де бийлигим бар екенин билмейсең бе? – деди.
11. Ийса жуўап берип: – Саған Ќудайдан берилмегенде, сенде Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлик болмас еди. Сонлықтан Мени саған услап бергенниң гүнасы сениң гүнаңнан аўырырақ, – деди.
12. Сол ўақыттан баслап, Пилат Ийсаны азат етиўге тырысты. Бирақ яҳудий басшылары: – Бул Адамды азат қылсаң, Рим патшасы-Ќайсардың досты емессең. Ѳзин патша деп атайтуғын ҳәр бир адам Ќайсарға қарсы болады, – деп бақырысты.
13. Пилат бул сѳзлерди еситкенде, Ийсаны сыртқа шығарды ҳәм «Тас майданша», еврейше Габбата деп аталған жердеги ҳүким гүрсисине отырды.
14. Таярлық күни, Ќутқарылыў байрамынан бир күн бурын саат он екилер шамасында Пилат яҳудийлерге: – Мине, сизлердиң Патшаңыз! – деди.
15. Бирақ олар бақырысып: – Жоқ қыл Оны! Жоқ қыл, атанақ ағашқа шегеле! – деди. Пилат оларға: – Сизлердиң Патшаңызды атанақ ағашқа шегелейин бе? – деди. – Бизлердиң Ќайсардан басқа патшамыз жоқ, – деп жуўап берди бас руўханийлер.
16. Солай етип, Пилат Ийсаны атанақ ағашқа шегелеў ушын әскерлерге тапсырды. Єскерлер Ийсаны алып кетти.
17. Ийса Ѳз атанақ ағашын арқалап, «Бас сүйек орны», еврейше Голгота деп аталған жерге келди.
18. Сол жерде Ийсаны ҳәм Оның менен бирге еки адамды атанақ ағашқа шегеледи. Олардың биреўи оң тәрепте, екиншиси сол тәрепте, ал Ийса ортада еди.
19. Пилат жазыў жаздырып, оны атанақ ағаштың үстине илдиртти. Онда: «НАСЫРАЛЫ ИЙСА – ЯҲУДИЙЛЕРДИЊ ПАТШАСЫ», – деп жазылған еди.
20. Яҳудийлердиң кѳбиси бул жазыўды оқыды. Ѳйткени Ийса атанақ ағашқа шегеленген жер қалаға жақын еди ҳәм бул жазыў еврейше, латынша ҳәм грекше жазылған еди.
21. Яҳудийлердиң бас руўханийлери Пилатқа былай деди: – «Яҳудийлердиң Патшасы» деп жазба, «Оның Ѳзи: Мен – Яҳудийлердиң Патшасыман, деди», – деп жаз.
22. – Не жазажақ болсам жаздым, – деп жуўап берди Пилат.
23. Єскерлер Ийсаны атанақ ағашқа шегелегеннен соң, Оның сыртқы кийимин алды ҳәм оны тѳрт бѳлекке бѳлип, ҳәр қайсысы бир бѳлектен алды. Кѳйлегин де алды. Ол тигилмеген болып, бастан-аяқ бир пүтин тоқыма еди.
24. Сонлықтан әскерлер бир-бирине: – Буны жыртпайық, шек таслайық, кимге түссе, сол алсын, – деди. Бул Мухаддес Жазыўдағы мына сѳзлердиң орынланыўы ушын болды: «Сыртқы кийимимди ѳз ара бѳлисти, Кѳйлегим ушын шек таслады». Єскерлер усы айтылғанды иследи.
25. Ийсаның атанақ ағашының қасында Оның анасы, анасының апасы, Клопаның ҳаялы Мәриям ҳәм магдалалы Мәриям турған еди.
26. Ийса анасын ҳәм оның жанында турған Ѳзиниң сүйикли шәкиртин кѳргенде, анасына: – Апа, мине, сениң улың, – деди.
27. Кейин шәкиртине: – Мине, бул сениң анаң, – деди. Сол ўақыттан баслап, сол шәкирт оны ѳз үйине алды.
28. Соннан соң, Ийса ҳәммесиниң тамамланғанын билип, Мухаддес Жазыў орынланыўы ушын: – Шѳллеп турман! – деди.
29. Сол жерде ашшы шарапқа толы бир гүзе тур еди. Єскерлер сорғышты оған сиңдирип алып, иссоптың шыбығына қадады да, Ийсаның аўзына тутты.
30. Ийса оны татып кѳрип: – Орынланды, – деди де, басын ийип, жан тапсырды.
31. Бул таярлық күни еди. Ертеңги күн Ќутқарылыў байрамына туўра келетуғын айрықша дем алыс күни болғанлықтан, яҳудий басшылары денелерди атанақ ағашта қалдырыўды қәлемеди. Олар Пилаттан шегеленгенлердиң аяқларын сындырып, денелерди алып таслаўды сорады.
32. Сонда әскерлер барып, Ийса менен атанақ ағашқа шегеленгенлердиң дәслеп бириншисиниң, соңынан екиншисиниң аяқларын сындырып таслады.
33. Бирақ Ийсаның қасына келгенде, Оның әлле қашан жан тапсырғанын кѳрип, аяқларын сындырмады.
34. Буның орнына, әскерлердиң бири Оның бүйирин найза менен тести. Сол ўақытта-ақ қан менен суў ағып шықты.
35. Буны кѳрген адамның гүўалығы ҳақыйқат. Ол ѳзиниң ҳақыйқатлықты айтып атырғанын биледи. Сизлер де исениўиңиз ушын ол гүўалық берди.
36. Булардың ҳәммеси: «Оның ҳеш бир сүйеги сынбайды», – деген Мухаддес Жазыўдағы сѳзлердиң орынланыўы ушын болды.
37. Мухаддес Жазыўдың басқа бир жеринде: «Ѳзлери найза менен тескен Адамға қарайды», – делинген.
38. Буннан соң, ариматиялы Юсуп Ийсаның денесин алып кетиў ушын Пилаттан рухсат сорады. Юсуп Ийсаның шәкирти еди. Бирақ ол яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, буны жасырып жүрген еди. Пилат рухсат бергеннен соң, Юсуп барып, Ийсаның денесин алып кетти.
39. Бурын түнде Ийсаға келген Никодим де жүз қадаққа жақын мирра менен алоэ араласпасын алып келди.
40. Олар Ийсаның денесин алып, яҳудийлердиң жерлеў дәстүри бойынша, Оны хош ийисли затлар менен кепинликке орады.
41. Ийса атанақ ағашқа шегеленген жерде бир бағ болып, бул бағдың ишинде еле ҳеш ким қойылмаған бир жаңа қәбир бар еди.
42. Бул күн яҳудийлердиң таярлық күни болғанлықтан, қәбир жақын жайласқаны себепли, олар Ийсаны сол жерге қойды.
1. Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни таң азанда, еле қараңғы болғанда, магдалалы Мәриям қәбирге келди ҳәм қәбирдиң аўзындағы тастың алып тасланғанын кѳрди.
2. Ол жуўырып, Симон Петрге ҳәм Ийсаның жақсы кѳретуғын сол шәкиртине барды да, оларға: – Ийемизди қәбирден алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймиз, – деди.
3. Сонда Петр менен басқа шәкирт шығып, қәбирге қарай жол алды.
4. Олар жуўырып кетти. Бирақ сол шәкирт Петрден тезирек жуўырып, қәбирге биринши болып келди.
5. Ол еңкейип ишке қарап, сол жерде кепинликтиң жатырғанын кѳрди, бирақ ишке кирмеди.
6. Оның изинен Симон Петр жетип келип, қәбирге кирди. Сол жерде жатырған кепинликти ҳәм
7. Ийсаның басына оралған орамалды кѳрди. Орамал кепинлик пенен бирге емес, ал бѳлек жерде бүкленип турған еди.
8. Сонда қәбирге биринши болып келген сол шәкирт те ишке кирди ҳәм усыларды кѳрип, исенди.
9. Себеби олар Ийсаның ѳлимнен қайта тирилиўи тийис екенин айтқан Мухаддес Жазыўды елеге дейин түсинбейтуғын еди.
10. Буннан соң, шәкиртлер үйлерине қайтып кетти.
11. Ал Мәриям қәбирдиң сыртында жылап турған еди. Жылап турып, еңкейип қәбирдиң ишине қарады
12. ҳәм ақ кийимли еки периштени кѳрди. Бири Ийсаның денеси жатқан жердиң бас ушында, екиншиси аяқ ушында отырған еди.
13. Олар Мәриямнан: – Ҳаял, сен неге жылап турсаң? – деп сорады. – Ийемди алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймен, – деди ол.
14. Усыларды айтып болып, арқасына бурылды ҳәм Ийсаның турғанын кѳрди. Бирақ Оның Ийса екенин танымады.
15. Ийса оған: – Ҳаял, сен неге жылап турсаң? Кимди излеп жүрсең? – деди. Мәриям Оны бағман деп ойлап, Оған: – Мырза, егер Оны сен алып кеткен болсаң, қай жерге қойғаныңды маған айт, мен Оны алып қайтайын, – деди.
16. Ийса оған: – Мәриям! – деди. Мәриям бурылып, еврейшелеп: – Рәббуний! – деди. (Рәббуний – «устаз» дегенди аңлатады.)
17. Ийса оған: – Маған қол тийгизбе! Себеби Мен еле Єкемниң жанына кѳтерилмедим. Ал сен туўысқанларыма барып, Мениң Єкемниң ҳәм сизлердиң Єкеңиздиң, Мениң Ќудайымның ҳәм сизлердиң Ќудайыңыздың алдына кѳтерилип баратырғанымды айт, – деди.
18. Магдалалы Мәриям шәкиртлерге барып, оларға: – Мен Ийемди кѳрдим! – деди ҳәм Ийсаның ѳзине не айтқанларын оларға хабарлады.
19. Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни кеште шәкиртлер бирге жыйналған еди. Яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, олар үйдиң қапыларын илип қойғанда, Ийса келди. Олардың ортасында турып, оларға: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди.
20. Буны айтып, оларға қолларын ҳәм бүйирин кѳрсетти. Шәкиртлер Ийемизди кѳрип, қатты қуўанды.
21. Ийса оларға және былай деди: – Тынышлық сизлерге яр болсын! Єкем Мени жибергени сыяқлы, Мен де сизлерди жиберип атырман.
22. Усылай деди де, оларға қарай үплеп: – Мухаддес Руўхты алыңлар.
23. Сизлер кимниң гүналарын кеширсеңлер, Ќудай да оның гүналарын кеширеди. Сизлер кимниң гүналарын кеширмесеңлер, Ќудай да оның гүналарын кеширмейди, – деди.
24. Он еки шәкирттиң бири, Егиз деп аталған Томас Ийса келгенде олардың арасында жоқ еди.
25. Сонлықтан басқа шәкиртлер оған: – Бизлер Ийемизди кѳрдик, – дести. Бирақ Томас оларға: – Оның қолларындағы шеге излерин кѳрмегенимше, бармағым менен шеге излерин ҳәм қолларым менен Оның бүйирин услап кѳрмегенимше, исенбеймен, – деди.
26. Бир ҳәптеден соң, Ийсаның шәкиртлери және үйде жыйналған еди. Томас та олар менен бирге еди. Үйдиң қапылары илик болғанда, Ийса келип, олардың ортасында турды да: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди.
27. Соңынан Томасқа: – Бармағыңды берман соз. Ќолларыма қара, қолыңды созып, бүйиримди услап кѳр. Гүманланбай, исен, – деди.
28. Томас Оған жуўап берип: – Ийем мениң, Ќудайым мениң! – деди.
29. Ийса оған: – Сен Мени кѳргенликтен исендиң. Бирақ, кѳрмей исенгенлер қандай бахытлы! – деди.
30. Ийса шәкиртлериниң алдында бул китапта жазылмаған басқа да кѳп кәраматлар иследи.
31. Бирақ булар сизлердиң Ийсаның Масих, Ќудайдың Улы екенине исениўиңиз ушын ҳәм исенип, Оның аты менен ѳмирге ийе болыўыңыз ушын жазылды.
1. Буннан соң, Ийса Тиберия теңизиниң жағасында шәкиртлерине және кѳринди. Бул былай болды:
2. Симон Петр, Егиз деп аталған Томас, Галиланың Кана қаласынан болған Натаниел, Зебедейдиң уллары ҳәм Ийсаның шәкиртлеринен және екеўи бирге еди.
3. Симон Петр оларға: – Мен балық аўлаўға кетип баратырман, – деди. – Бизлер де сениң менен бирге барамыз, – деди олар. Олар барып, қайыққа минди. Бирақ сол түни ҳеш нәрсе тута алмады.
4. Таң атқанда, теңиздиң жағасында Ийса турған еди. Бирақ шәкиртлери Оның Ийса екенин билмеди.
5. Ийса олардан: – Ҳәй, дослар, балығыңыз жоқ па? – деп сорады. – Жоқ, – деп жуўап берди олар.
6. – Аўыңызды қайықтың оң жағына салыңлар, сонда тутасызлар, – деди Ийса. Олар аў салып, кѳп балық тутқанлықтан, аўды тартып шығара алмады.
7. Ийсаның сүйикли шәкирти Петрге: – Бул Ийемиз! – деди. «Бул Ийемиз» дегенди еситкеннен, Симон Петр жалаңаш болғанлықтан кийимин кийип, ѳзин теңизге атты.
8. Ал басқа шәкиртлер балық толы аўды сүйреп, қайық пенен келди. Ѳйткени олар жағадан шама менен тек жүз метр узақлықта еди.
9. Олар жағаға шыққанда, ол жерде жағылып атырған кѳмирди ҳәм қоздың үстине қойылған балық пенен нанды кѳрди.
10. Ийса оларға: – Ҳәзир тутқан балықларыңыздан алып келиңлер, – деди.
11. Симон Петр қайыққа минип, балыққа толы аўды жағаға тартып шығарды. Аўда бир жүз елиў үш ири балық бар еди. Балықлар соншелли кѳп болса да, аў жыртылмады.
12. Ийса оларға: – Келиңлер, азанғы аўқатты жеңлер, – деди. Шәкиртлериниң ҳеш қайсысы Оннан: «Сен кимсең?» – деп сораўға батына алмады. Себеби Оның Ийемиз екенин билетуғын еди.
13. Ийса жақынырақ келди де, нанды алып, оларға берди. Балықлар менен де усылай иследи.
14. Солай етип, бул Ийсаның ѳлимнен тирилгенинен соң, шәкиртлерине үшинши мәрте кѳриниўи еди.
15. Азанғы аўқатты жеп болғаннан соң, Ийса Симон Петрден: – Юнус улы Симон, Мени олардан да кѳбирек сүйесең бе? – деп сорады. – Аўа, Ийем. Сени жақсы кѳретуғынымды билесең-ғо, – деди Оған Петр. Ийса оған: – Ќозыларымды отлат, – деди.
16. Ийса екинши мәрте оннан: – Юнус улы Симон, Мени сүйесең бе? – деп сорады. Петр Оған: – Аўа, Ийем. Сени жақсы кѳретуғынымды билесең-ғо, – деди. Ийса оған: – Ќойларымды бақ, – деди.
17. Үшинши мәрте Ийса оннан: – Юнус улы Симон, Мени жақсы кѳресең бе? – деп сорады. Петр Оның ѳзинен үш мәрте: «Мени жақсы кѳресең бе?» – деп сорағанына қапа болды. – Ийем, Сен ҳәммесин билесең, Сени сүйетуғынымды да билесең, – деди Петр. Ийса оған былай деди: – Ќозыларымды отлат.
18. Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: жас ўақтыңда белбеўиңди ѳзиң байлап, қәлеген жериңе баратуғын едиң. Бирақ қартайғаныңда қолларыңды созып турасаң ҳәм басқа биреў белбеўиңди байлап, сени қәлемеген жериңе алып барады.
19. Ийса буны Петрдиң қандай ѳлим менен Ќудайды уллылайтуғынын билдириў ушын айтқан еди. Усыны айтып болып: – Изиме ер, – деди.
20. Петр артына бурылып, Ийсаның сүйикли шәкиртиниң излерине ерип киятырғанын кѳрди. Бул – кешки аўқат ўақтында Ийсаның кѳкирегине сүйенип жатып: «Ийем, Саған ким сатқынлық ислейди?» – деп сораған шәкирт еди.
21. Петр оны кѳрип, Ийсадан: – Ийем, оған не болады? – деп сорады.
22. Ийса оған: – Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не? Сен Мениң изиме ер, – деди.
23. Солай етип, туўысқанлар арасында: «Бул шәкирт ѳлмейди», – деген сѳз тарқалды. Бирақ Ийса Петрге: «Ол ѳлмейди», – деген жоқ. Ал: «Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не?» – деген еди.
24. Булардың ҳәммеси ҳаққында гүўалық берип, усыларды жазған сол шәкирт. Бизлер оның гүўалығының ҳақыйқат екенин билемиз.
25. Ийса ислеген басқа да кѳп ислер бар. Егер олар бирме-бир жазылғанда, жазылған китаплар дүньяға сыймас еди, деп ойлайман.