Инжил Каракалпак
Тимофейге жазылған екинши хат
1. Масих Ийсадағы ўєде етилген ѳмир ҳаққында жєриялаў ушын, Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден,
2. сүйикли улым Тимофейге сєлем! Кудай Єкемиз ҳєм Ийемиз Масих Ийса саған мийрим, реҳим ҳєм тынышлық берсин!
3. Мен ата-бабаларым сыяқлы пєк ҳүждан менен хызмет ететуғын Кудайға күни-түни дуўа еткенимде сени үзликсиз еске алып, шүкирлик билдиремен.
4. Сениң кѳз жасларың ядымда. Жєне дийдарласып, қуўанышқа бѳлениўим ушын, сени кѳриўди аңсап атырман.
5. Сениң ҳақыйқый исенимиң де ядымда. Бурын мама кемпириң Лоидада ҳєм анаң Евникада болған усы исенимниң ҳєзир сенде бар екенине толық исенемен.
6. Сонлықтан қолларымды үстиңе қойып дуўа етиўим арқалы Кудайдың саған берген сыйын бар инта менен қоллана бериў кереклигин есиңе түсирип атырман.
7. Ѳйткени Кудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳєм салдамлылық руўхын берди.
8. Солай етип, Ийемиз ҳаққында гүўалық бериўден ҳєм Ол себепли тутқын болған меннен арланба. Керисинше, Кудайдың берген күши менен Хош Хабар ушын мениң менен бирге қыйыншылық кѳр.
9. Кудай бизлерди ислеген ислеримиз себепли емес, ал Ѳз мақсети ҳєм мийрими менен қутқарып, мухаддес болып жасаўға шақырды. Бул мийримди Ол бизлерге дүнья жаратылмастан бурын Масих Ийса арқалы берген еди.
10. Ал енди болса, бул мийримди Кутқарыўшымыз Масих Ийсаның дүньяға келиўи менен ашық кѳрсетти. Масих Ийса ѳлимниң күшин жоқ қылып, Хош Хабар арқалы жоғалмайтуғын мєңгилик ѳмирди аян қылды.
11. Мен Кудай тєрепинен усы Хош Хабар ушын хабаршы, елши ҳєм муғаллим болып тайынландым.
12. Сонлықтан бул себепли азап шегип атырман. Бирақ та, мен арланбайман. Себеби Кимге исенгенимди билемен ҳєм Оның маған тапсырғанын Ѳзи сол күнге дейин сақлай алатуғынына да исенемен.
13. Меннен ѳзиң еситкен дурыс тєлийматты ѳрнек қылып, Масих Ийсаға деген исеним ҳєм сүйиспеншилик пенен жаса.
14. Саған тапсырылған ийгиликли тєлийматты ишимизде жасайтуғын Мухаддес Руўх жєрдеминде сақла.
15. Азия үлкесиндегилердиң ҳєммесиниң, солар арасында Фигел ҳєм Ермогенниң мени таслап кеткенин билесең.
16. Ийемиз Онисифордың үй-ишине Ѳз реҳмин берсин. Ѳйткени ол кѳп мєрте маған жубаныш берди ҳєм тутқынлығымнан арланбады.
17. Керисинше, Римге келгенде, мени тапқанша, еринбей изледи.
18. Сол күни Ийемиз оған Ѳз реҳмин берсин! Оның Ефесте маған қанша хызмет еткенин сен де жүдє жақсы билесең.

1. Улым, ал сен Ийса Масих арқалы берилетуғын мийрим менен күшке толып бар.
2. Кѳплеген гүўалар алдында меннен ѳзиң еситкен сѳзлерди исенимли адамларға жеткиз. Сонда олар да басқаларға үйрете алады.
3. Масих Ийсаның жақсы єскери болып, мениң менен бирге қыйыншылыққа шыда.
4. Хызметдеги єскер ѳзин єскерликке шақырған єскербасының кеўлинен шығыў ушын, турмыс ислери менен байланбайды.
5. Жарысқа түскен адам да қағыйда бойынша жарыспаса, жеңис тажын киймейди.
6. Аўыр мийнет еткен дийхан зүрєєттен биринши болып үлес алыўы тийис.
7. Айтқанларым ҳаққында жақсылап ойлап кѳр. Ийемиздиң Ѳзи саған ҳєммесин түсиндиреди.
8. Даўыттың урпағынан шыққан ҳєм ѳлимнен қайта тирилген Ийса Масихты ядыңда сақла! Мен жєриялап атырған Хош Хабар – усы.
9. Мен усы Хош Хабар ушын азап шегип, ҳєтте, жынаятшы сыяқлы тутқын болып байландым. Бирақ, Кудайдың сѳзи байлаўлы емес.
10. Сонлықтан мен таңлап алынғанлардың да Масих Ийса арқалы қутқарылыўды мєңгилик салтанат пенен алыўы ушын, ҳємме нєрсеге шыдап атырман.
11. Бул сѳз исенимли: «Егер Оның менен бирге ѳлген болсақ, Оның менен бирге жасаймыз да.
12. Егер сабырлылық қылсақ, Оның менен бирге патшалық етемиз. Егер Оннан ўаз кешсек, Ол да бизден ўаз кешеди.
13. Биз садық болып қалмасақ та, Ол садық болып қалады. Себеби Ол Ѳзинен Ѳзи ўаз кеше алмайды».
14. Усыларды исениўшилерге еслетип тур. Сѳзлер туўралы тартыспаўды оларға Кудай алдында ескертип қой. Тартыслар тыңлаўшыларды айнытыўдан басқа ҳеш нєрсеге жарамайды.
15. Ҳақыйқат сѳзлерин дурыс үйрететуғын ҳєм ѳз иси ушын уятқа қалмайтуғын, Кудайға унамлы, жақсы хызметши болыўға жан-тєниң менен тырыс.
16. Жарамас ҳєм бос сѳзлерден аўлақ бол. Ѳйткени бундай сѳзлер Кудайдан барған сайын узақластырады
17. ҳєм жуқпалы жара сыяқлы тарқалады. Усындай сѳзлерди айтыўшылар арасында Гименей ҳєм Филит те бар.
18. Олар ҳақыйқат жолынан адасты ҳєм ѳлимнен қайта тирилиў єлле қашан болды деп, айырым адамлардың исенимин жоқ қылмақта.
19. Бирақ Кудай салған күшли негиз беккем турыпты. Сол негиз «Ийемиз Ѳзине тийисли болғанларды биледи» ҳєм «Ийемизге тийислимен, деген ҳєр бир адам жаманлықтан аўлақ жүрсин», – деген сѳзлер менен тастыйықланған.
20. Үлкен бир үйде тек алтын ҳєм гүмис ыдыслар емес, ал ағаш ҳєм ылай ыдыслар да бар. Олардың биреўлери сыйлы, ал биреўлери сыйсыз ис ушын қолланылады.
21. Солай етип, егер ким де ким ѳзин жаманлықлардан тазаласа, онда ол сыйлы, мухаддес қылынған, хожайынына пайдалы ҳєм ҳєр бир жақсы иске тайын ыдыс болады.
22. Ал сен жаслықтың жаман ҳєўеслеринен аўлақ бол. Ийемизге таза кеўил менен сыйынатуғынлар менен бирликте ҳақыйқатлық, исеним, сүйиспеншилик ҳєм тынышлыққа умтылып жаса.
23. Ақылсыз ҳєм мєниссиз тартыслардан қаш. Себеби булардың жєнжел туўдыратуғынын сен билесең.
24. Ийемиздиң хызметшиси жєнжелпаз болмаўы керек. Керисинше, ол ҳємме менен мүлєйим, тєлим бериўге қєбилетли ҳєм сабырлы болыўы тийис.
25. Жєне ол ѳзине қарсы болғанларға єлпайымлылық пенен жол-жорық бериўи лазым. Сонда, мүмкин, Кудай сол адамлардың да тєўбеге келип, ҳақыйқатлықты билиўи ушын жол ашар.
26. Солай етип, олардың ақылы киреди ҳєм қєлегенин ислетиў ушын ѳзлерин тутқын қылған шайтанның дузағынан қутылады.

1. Мынаны билип қой: дүньяның соңғы күнлеринде аўыр ўақытлар келеди.
2. Адамлар ѳзин жақсы кѳретуғын, дүньяпараз, мақтаншақ, менмен, Кудайға тил тийгизетуғын, ата-анасына бойсынбайтуғын, жақсылықты билмейтуғын, қудайсыз,
3. мийримсиз, кекшил, жалахор, ѳзин тутып билмейтуғын, жаўыз, жақсылықтың душпаны,
4. сатқын, қызба ҳєм шыррық болады. Олар Кудайдан гѳре, кєйип-сапаны кѳбирек жақсы кѳреди.
5. Ѳзлерин Кудайдың жолы менен жүрген қылып кѳрсетеди, бирақ Оның жолының күшин тєн алмайды. Бундайлардан аўлақ бол.
6. Ѳйткени олардың гейбиреўлери үйлерге жасырын кирип, гүналарға батқан ҳєм ҳєр түрли жаман ҳєўеслерге берилген сада ҳаялларды дузаққа түсиреди.
7. Бул ҳаяллар ҳақыйқатлықты бєрқулла үйренип, оны ҳеш қашан түсинип жете алмайды.
8. Янис ҳєм Ямбрис Муўсаға қарсы шыққандай, бул адамлар да ҳақыйқатқа қарсы турады. Бундайлар – ақыл-ойлары бузылған ҳєм ҳақыйқый исенимге ийе емес адамлар.
9. Деген менен, олар узаққа бармайды. Себеби Янис ҳєм Ямбрис сыяқлы, олардың ақылсызлығы ҳєммеге єшкара болады.
10. Ал сен мениң тєлийматымды, ѳмир тєризимди, мақсетимди, исенимимди, сабырлылығымды, сүйиспеншилигимди ҳєм турақлылығымды ѳрнек туттың.
11. Басымнан кешкен қуўдаланыўларымда ҳєм Антиохия, Икония, Листра қалаларында шеккен азапларыма шерик болдың. Мен қаншама азапларға шыдам бердим! Ийемиз мени ҳєммесинен қутқарды.
12. Ҳақыйқатында, Масих Ийсаға тийисли болып, Кудайдың жолы менен жасаўды қєлеўшилердиң ҳєммеси де қуўдаланады.
13. Бирақ, жаман ҳєм жалатай адамлар алдап ҳєм алданып, еле де бетер жаман болып бара береди.
14. Ал сен ѳзиң үйренген ҳєм исенген ҳақыйқатқа садық қал. Ѳйткени буны кимлерден үйренгениңди билесең.
15. Жєне де, сен Мухаддес Жазыўларды балалығыңнан бери билесең. Бул Жазыўлар саған Масих Ийсаға деген исеним арқалы қутқарылыў ушын даналық бере алады.
16. Мухаддес Жазыўлардың ҳєммеси Кудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып, тєлим бериў, єшкаралаў, дүзетиў ҳєм ҳақыйқатлық бойынша тєрбиялаў ушын пайдалы.
17. Олар тийкарында Кудайдың адамы ҳєр бир жақсы иске таяр болыў ушын жетилисип барады.

1. Кудайдың алдында ҳєм тирилер менен ѳлилерди ҳүким ететуғын Масих Ийсаның алдында Оның қайта келиўи ҳєм Патшалығы ҳақы қатаң буйыраман:
2. Кудайдың сѳзин жєрияла. Заманның қолайлы ямаса қолайсыз болыўына қарамай, бул хызметти даўам ет. Адамларға толық сабырлылық пенен тєлим берип, єшкарала, жолға сал ҳєм ақыл-нєсият ет.
3. Себеби адамлар дурыс тєлийматты тыңламайтуғын ўақытлар келеди. Олар жаман қєлеўлерине берилип, қулақларына жағатуғын сѳзлерди сѳйлейтуғын кѳп муғаллимлерди єтирапларына жыйнайды.
4. Олар ҳақыйқатлықты еситпеў ушын қулақларын жаўып, аңызларға қулақ асатуғын болады.
5. Бирақ сен ҳєр қандай жағдайда сергек бол. Кыйыншылықларға шыдам бер, Хош Хабар ушын мийнет етип, ѳз хызметиңди орынла.
6. Ѳйткени мениң қаным тѳгилип, қурбан болмақтаман ҳєм дүньядан ѳтетуғын ўақтым да жақынласты.
7. Мен уллы саўашта гүрестим, жарысты жуўмақладым ҳєм исенимимди сақлап қалдым.
8. Енди болса, мен ушын ҳақыйқатлық тажы тайын тур. Єдил ҳүким етиўши болған Ийемиз сол күни усы тажды маған, тек ғана маған емес, ал Оның қайта келиўин интизарлық пенен күткенлердиң ҳєммесине де береди.
9. Жаныма тезирек келиўге бар күшиң менен тырыс.
10. Себеби Димас бул дүньяны сүйгенликтен мени таслап, Салоникаға кетти. Ал Криский Галатияға, Титус Далматияға кетти.
11. Жанымда тек Лука ғана бар. Сен Маркты таўып, ѳзиң менен бирге алып кел. Ол мениң хызметиме жєрдем береди.
12. Мен Тихикти Ефеске жибердим.
13. Келериңде, мениң Троаста, Карптың қасында қалдырып кеткен шапанымды алып кел. Жєне де китапларымды, єсиресе оралған тери китапларды алып кел.
14. Темир устасы Искендер маған кѳп жаманлық иследи. Ийемиз оған ислегенлерине қарай қайтарсын.
15. Сен де оннан абайлы бол. Ѳйткени ол бизлердиң сѳзлеримизге қатты қарсы болды.
16. Биринши мєрте ѳзимди ақламақшы болып жуўап бергенимде, мени ҳеш ким жақламады. Керисинше, ҳємме мени таслап кетти. Буның ушын Кудай оларды кеширсин.
17. Бирақ, Кудайдың Хош Хабары мен арқалы толық жєрияланыўы ушын ҳєм пүткил миллетлер буны еситиўи ушын, Ийемиз маған жєрдемге келип, күш-қуўат берди. Ол мени сол тєризде ѳлимнен қутқарып қалды.
18. Ийемиз мени ҳєр қандай жаманлықтан қутқарады ҳєм Ѳзиниң Аспан Патшалығына аман-есен апарады. Оған мєңгиге алғыс-мақтаўлар болсын! Аўмийин.
19. Прискила менен Акилаға ҳєм Онисифордың үй-ишине сєлем айт.
20. Ерастус Коринфте қалды. Трофимди аўырыў ҳалында Милитте қалдырдым.
21. Кыстан бурын келиўге бар күшиң менен тырыс. Ебул, Пуд, Лин, Клавдия ҳєм барлық исениўши туўысқанлар саған сєлем айтып атыр.
22. Ийемиз сениң руўхың менен бирге болсын! Кудайдың мийрими сизлерге яр болғай!

- Матта жазған Хош Хабар
- Марк жазған Хош Хабар
- Лука жазған Хош Хабар
- Юхан жазған Хош Хабар
- Елшилердиң ислери
- Яқыптың хаты
- Петрдиң биринши хаты
- Петрдиң екинши хаты
- Юханның биринши хаты
- Юханның екинши хаты
- Юханның ушинши хаты
- Яҳуданың хаты
- Римлилерге жазылған хат
- Коринфлилерге жазылған биринши хат
- Коринфлилерге жазылған екинши хат
- Галатиялыларға жазылған хат
- Ефеслилерге жазылған хат
- Филиплилерге жазылған хат
- Колосалыларға жазылған хат
- Салоникалыларға жазылған биринши хат
- Салоникалыларға жазылған екинши хат
- Тимофейге жазылған биринши хат
- Тимофейге жазылған екинши хат
- Титусқа жазылған хат
- Филимонға жазылған хат
- Еврейлерге жазылған хат
- Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян