Инжил Каракалпак
Колосалыларға жазылған хат
1. Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳєм туўысқанымыз Тимофейден,
2. Колоса қаласындағы исениўшилерге, яғный Масихқа садық болған туўысқанларымызға сєлем! Єкемиз Кудай сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин!
3. Сизлер ушын дуўа еткенимизде, Ийемиз Ийса Масихтың Єкеси – Кудайға бєрқулла шүкирлик билдиремиз.
4. Себеби сизлердиң Масих Ийсаға деген исенимиңиз ҳєм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситтик.
5. Сизлердиң бул исенимиңиз ҳєм сүйиспеншилигиңиз аспанда сизлер ушын сақлаўлы турған үмитке негизленген. Сизлер усы үмит ҳаққында ҳақыйқат сѳзлери, яғный Хош Хабар арқалы еситкенсизлер.
6. Бул Хош Хабар сизлерге де жетип келди. Ол пүткил дүнья бойлап адамларды жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта. Сол сыяқлы, сизлер Кудайдың мийрими ҳаққында еситип, Оның ҳақыйқатын билип алған күниңизден баслап, Хош Хабар сизлерди де жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта.
7. Сизлер Хош Хабар ҳаққында бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Епафрастан тєлим алдыңлар. Усы Епафрас – сизлер ушын мийнет етип атырған Масихтың садық хызметшиси.
8. Сизлердиң Мухаддес Руўхтан алған сүйиспеншилигиңиз ҳаққында да бизлерге ол билдирди.
9. Сол себептен усылар ҳаққында еситкен күнимизден баслап, бизлер де сизлер ушын үзликсиз дуўа етип, Кудайдың қєлеўин пүткил руўхый даналық ҳєм түсиник пенен толық билиўиңиз ушын сорап атырмыз.
10. Бизлер жєне сизлердиң Ийемизге ылайықлы болып жасаўыңыз, Оны ҳєр тєреплеме ырза қылып, ҳєр бир жақсы исте жемис бериўиңиз ҳєм Кудайды билиўде ѳсип барыўыңыз ушын да дуўа етип атырмыз.
11. -
12. Оның уллылығының қүдиретинен толық күш-қуўат алып, ҳємме нєрсеге сабырлылық пенен шыдай алыўыңыз ушын ҳєм Кудай Єкемизге қуўаныш пенен шүкирлик ете алыўыңыз ушын да бизлер дуўа етип атырмыз. Кудай Єкемиз бизлерди нурдағы мухаддеслердиң мийрасына шерик болыўға миясар қылды.
13. Кудай бизлерди қараңғылықтың ҳүкимдарлығынан қутқарып, сүйикли Улының Патшалығына кѳширди.
14. Бизлер Кудайдың Улының қаны арқалы қутқарылдық, яғный гүналарымызға кеширим алдық.
15. Кудайдың Улы болған Масих кѳзге кѳринбейтуғын Кудайдың қандай екенин кѳрсетеди ҳєм Ол жаратылған ҳємме нєрседен бурын бар болған.
16. Ѳйткени аспандағы ҳєм жердеги кѳзге кѳринетуғын ҳєм кѳзге кѳринбейтуғын нєрселердиң ҳєммеси Масих тєрепинен жаратылған: тахтлар, ҳүкимдарлықлар, ҳєкимшилик ҳєм бийликлер, ҳємме нєрсе Ол арқалы ҳєм Ол ушын жаратылды.
17. Масих ҳємме нєрседен бурын бар болған ҳєм ҳємме нєрсе Ол себепли бар болып турыпты.
18. Масих – исениўшилер жємєєтиниң, яғный Ѳз денесиниң басы ҳєм жємєєттиң тийкары. Ол ҳємме нєрседен жоқары болыў ушын, ѳлилер ишинен биринши болып тирилди.
19. Себеби Кудай Ѳзиниң пүткил толылығының Онда болыўын мақул кѳрди.
20. Масихтың атанақ ағаштағы қаны арқалы тынышлық орнатып, Кудай Ол арқалы жер ҳєм аспандағылардың барлығын Ѳзи менен жарастырыўды қєледи.
21. Сизлер бир ўақытлары жаман ис-ҳєрекетлериңиз себепли, кеўиллериңиз бенен Кудайға жат ҳєм душпан едиңлер.
22. Енди болса, Кудай сизлерди Ѳзиниң алдында мухаддес, кемшиликсиз ҳєм айыпсыз қылып қойыў ушын, Масихтың денесиниң ѳлими арқалы сизлерди Ѳзи менен жарастырды.
23. Тек ғана исенимде бєрқулла турақлы ҳєм беккем болып, ѳзлериңиз еситкен Хош Хабардың үмитинен таймасаңыз болғаны. Мен, Павел, аспан астындағы пүткил адамзатқа жєрияланған усы Хош Хабардың хызметшиси болдым.
24. Ҳєзир мен сизлер ушын азап шегип атырғаныма қуўанышлыман. Ѳйткени Масихтың кѳрген қыйыншылықларының жетпеген мѳлшерин Оның денеси болған исениўшилер жємєєти ушын мен ѳз денем менен азап шегип толтырып атырман.
25. Кудайдың маған берген тапсырмасы бойынша Оның сѳзин сизлерге толық жеткизиў ушын, мен исениўшилер жємєєтиниң хызметшиси болдым.
26. Кудайдың Хош Хабары ѳткен єсирлер менен єўладларда жасырын тутылды. Бирақ енди усы сыр Оның мухаддеслерине аян болды.
27. Бул сырдың басқа миллетлер ушын да қаншелли уллы ҳєм бай екенин Кудай Ѳз мухаддеслерине билдириўди уйғарды. Усы сыр – уллылыққа ерисиўге үмит беретуғын ишиңизде жасаўшы Масих.
28. Бизлер усы Масих ҳаққында ҳєммеге жєриялап атырмыз. Масих пенен қатнаста болған ҳєр бир адамды Кудайға жетилискен қылып усыныў ушын, бизлер ҳєр бир адамды ескертип, толық даналық пенен тєлим бермектемиз.
29. Масихтың қүдирети менен менде ҳєрекет етиўши күш бойынша, мен де бул мақсет ушын бар күшимди салып мийнет етпектемен.

1. Мен сизлер ушын, сондай-ақ, Лаодикиядағылар ҳєм мени жүзбе-жүз кѳрмегенлердиң ҳєммеси ушын қаншелли ғайрат салып атырғанымды билиўиңизди қєлеймен.
2. Мениң усы ғайрат салыўымның мақсети – сизлердиң кеўиллериңиз жубаныш таўып, сүйиспеншилик пенен бирлесиўиңизден ибарат. Солай етип, сизлер минсиз түсиниктен пайда болатуғын кємил исеним менен, Кудайдың сыры болған Масихты билип аласызлар.
3. Масихта ақыл-даналықтың пүткил ғєзийнеси жасырылған.
4. Буны мен ҳеш кимниң сизлерди майлы тил менен алдап кетпеўи ушын айтып атырман.
5. Себеби мениң ѳзим араңызда жоқ болсам да, руўхым сизлер менен бирге болып, араңыздағы тєртипти ҳєм Масихқа деген исенимиңиздиң беккемлигин кѳрип, қуўанып атырман.
6. Сонлықтан Масих Ийсаны Ийемиз деп қабыл еткен болсаңыз, Оның менен тығыз қатнаста болып жасаңлар.
7. Онда тамыр жайып ҳєм тикленип, ѳзлериңиз үйренгендей, исенимде беккемленип барыңлар ҳєм Кудайға сансыз шүкирлик билдириңлер.
8. Сақ болыңлар! Масихқа емес, ал адамлардың үрп-єдетлерине ҳєм бул дүньядағы мєниссиз қағыйдаларға тийкарланған философия, бос ҳєм ѳтирик сѳзлер менен ҳеш ким сизлерди олжа етпесин.
9. Ѳйткени қудайлық тєбияттың пүткил толылығы Масихтың денесинде жасайды.
10. Сизлер де ҳєр қандай ҳєкимшилик ҳєм бийликтиң басы Масих пенен қатнаста болып, усы толылыққа еристиңиз.
11. Сизлер Масих пенен қатнаста болып, сүннет етилдиңиз. Бул сүннет адамның қолы менен қылынатуғын сүннет емес, ал Масих тєрепинен исленген сүннет болып, усы арқалы гүнакар тєбиятыңыз кесип тасланады.
12. Суўға шомылдырылғаныңызда Масих пенен бирге кѳмилдиңлер ҳєм Оны ѳлимнен тирилткен Кудайдың күшине исенип, сол ўақытта Оның менен бирге тирилдиңлер.
13. Сизлер гүналарыңыз ҳєм гүнакар тєбиятыңыздың сүннетсизлиги себепли ѳли едиңлер, бирақ Кудай сизлерди Масих пенен бирге тирилтти. Ол барлық гүналарымызды кеширди.
14. Мухаддес Нызам талаплары бойынша бизлерге қарсы айып тағып, ҳүким белгилейтуғын ҳүжетти Кудай ѳширди ҳєм оны атанақ ағашқа шегелеп, жоқ қылды.
15. Ол руўхый ҳєкимлер менен бийлеўшилерди қуралсызландырды. Оларды Масихтың атанақ ағаштағы ѳлими арқалы жеңип, кѳпшиликтиң кѳз алдында масқара етти.
16. Солай етип, жейтуғын ҳєм ишетуғын нєрселерге, байрамға, жаңа айға ямаса дем алыс күнине байланыслы ҳеш ким сизлерди ҳүким етпесин.
17. Булар тек келиўи тийис нєрсениң кѳлеңкеси, ал ҳақыйқатлық болса Масихта.
18. Жалған кишипейилликтен ҳєм периштелерге сыйыныўдан лєззет алатуғын ҳеш ким сизлерди сыйыңыздан айырмасын. Олар тек ѳзлери кѳрген аянларға ғана берилип, ѳз гүнакар тєбиятының ақылы менен себепсиз кѳкирек кѳтереди.
19. Бундайлар исениўшилер жємєєтиниң басы болған Масих пенен байланысты үзген. Єне усы бастан пүткил дене буўын ҳєм сиңирдиң жєрдеми менен күш алып ҳєм бирлесип, Кудайдың қєлеген жолы менен ѳсип барады.
20. -
21. Егер сизлер Масих пенен бирге бул дүньяның мєниссиз қағыйдалары ушын ѳлген болсаңлар, онда неге бул дүньяға тийисли адамлар сыяқлы: «Услама», «Жеме» ҳєм «Кол тийгизбе» деген қағыйдаларға қулақ асасыз?
22. Бундай қағыйдалардың ҳєммеси қолланыў арқалы жоқ болатуғын нєрселерге байланыслы болып, адамлардың буйрық ҳєм тєлийматларына тийкарланған.
23. Аўа, бул қағыйдалар жалған диндарлық, жалған кишипейиллик ҳєм денени қыйнаў бойынша ақыллыдай болып кѳринеди. Бирақ гүнакар тєбияттың қєлеўлерин жүўенлеўде олардың ҳеш қандай пайдасы жоқ.

1. Солай етип, Масих пенен бирге тирилген болсаңыз, онда аспандағы нєрселерди излеңлер. Масих сол жерде, Кудайдың оң жағында отырыпты.
2. Жердеги емес, ал аспандағы нєрселерди ойлаңлар.
3. Себеби сизлер дүнья ушын ѳлгенсизлер ҳєм жаңа ѳмириңиз Масих пенен бирге Кудайда жасырылған.
4. Ѳмириңиз болған Масих келгенде, сизлер де Оның менен бирликте салтанат пенен кѳринесиз.
5. Сонлықтан ѳзлериңиздеги жерге тийисли болған жаман єдетлерди: бузықшылық, ҳарамылық, нєпсиқумарлық, жаман қєлеўлер ҳєм нєпсиқаўлық болған бутқа табыныўшылықты жоқ қылыңлар.
6. Булар себепли, сѳзге қулақ аспайтуғынларға Кудайдың ғєзеби келеди.
7. Бурын сизлер де усындай адамлардың арасында жасағаныңызда, сондай ис-ҳєрекетлерди иследиңлер.
8. Бирақ енди ҳєммесин: ашыў, ғєзеп ҳєм жек кѳриўшиликти қойыңлар. Аўзыңыздан ҳеш қандай ѳсек ҳєм сѳгис сѳз шықпасын.
9. Бир-бириңизге ѳтирик сѳйлемеңлер. Ѳйткени сизлер ески тєбиятыңызды оның жаман ислери менен таслап,
10. жаңа тєбиятқа ийе болдыңлар. Бул жаңа тєбиятқа ийе адам Кудайды толық билиў ушын, ѳз Жаратыўшысына уқсап барады.
11. Солай етип, жаңа тєбиятқа ийе адамлар арасында грек ҳєм яҳудий, сүннетли ҳєм сүннетсиз, варвар ҳєм скиф, қул ҳєм азат адам болып бѳлиниў жоқ. Ал ең єҳмийетлиси, ҳємме исениўшилерде жасайтуғын тек Масих ғана бар.
12. Кудайдың таңлап алған мухаддес ҳєм сүйикли адамлары сыпатында реҳимлилик, жақсылық, кишипейиллик, мүлєйимлилик ҳєм сабырлылық пенен жасаңлар.
13. Бир-бириңизге шыдамлы ҳєм кеширимли болыңлар. Егер ким де ким биреўден ѳкпели болса, Ийемиздиң сизлерди кеширгени сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер.
14. Булардың ҳєммесине қосымша сүйиспеншилик пенен жасаңлар. Ол минсиз бирликке еристиреди.
15. Жүреклериңизде Масихтың тынышлығы ҳүкимдарлық етсин. Сизлер бир денениң мүшелери болып, усы тынышлыққа шақырылдыңыз. Жєне де, шүкирлик билдириңлер.
16. Масихтың сѳзи пүткил байлығы менен ишиңизде жасасын. Бир-бириңизге толық даналық пенен тєлим берип, ақыл-нєсият етиңлер. Кудайға шүкирлик билдирип, Оған Забур жырларын, алғыс-мақтаў қосықларын ҳєм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықларды шын жүректен айтыңлар.
17. Сѳзиңиз ямаса исиңиз бенен қылған ҳєр бир нєрсени Ийемиз Ийсаның аты ушын, Ол арқалы Єкемиз Кудайға шүкирлик етип ислеңлер.
18. Ҳєй ҳаяллар, күйеўлериңизге бойсыныңлар. Бул Ийемизге тийисли болған ҳаялларға минєсип.
19. Ҳєй күйеўлер, ҳаялларыңызды сүйиңлер. Оларға қопал қатнаста болмаңлар.
20. Ҳєй балалар, ҳємме нєрседе ата-аналарыңыздың сѳзин тыңлаңлар. Себеби бул Ийемизге унайды.
21. Ҳєй єкелер, руўхы түспеўи ушын, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер.
22. Ҳєй қуллар, дүньядағы хожайынларыңызға ҳємме нєрседе бойсыныңлар. Буны тек оларға жағыныў ушын кѳзабаға емес, ал Ийемизден қорқып, шын жүректен ислеңлер.
23. -
24. Ийемизден сыйлық ретинде мийрас алатуғыныңызды билип, не ислесеңиз де адамлар ушын емес, ал Ийемиз ушын ислеп атырғандай болып, шын жүректен ислеңлер. Ѳйткени сизлер Ийемиз Масихқа хызмет етип атырсызлар.
25. Наҳақ ис ислеген адамға наҳақлығына ылайық қайтарылады. Кудай ҳеш кимди айырмайды.

1. Ҳєй хожайынлар, аспанда сизлердиң де Ийеңиз бар екенин билип, қулларыңызға єдиллик ҳєм теңлик пенен қатнас жасаңлар.
2. Бєрқулла дуўа етиңлер. Дуўа еткениңизде шүкирлик билдирип, сергек болыңлар.
3. Бизлер ушын да дуўа етиңлер: Масихтың сыры ҳаққында Ѳз сѳзин жєриялай алыўымыз ушын, Кудай бизлерге жол ашсын. Мен усы сыр ушын тутқындаман.
4. Бул сырды тийисли түрде, түсиникли етип айта алыўым ушын да дуўа етиңлер.
5. Ўақыттан жақсы пайдаланып, жємєєттиң сыртындағы адамларға ақыллылық пенен қатнас жасаңлар.
6. Сѳзиңиз ҳємме ўақытта жағымлы ҳєм дузлы болсын. Сонда сизлер ҳєр бир адамға қалай жуўап бериў кереклигин билип аласызлар.
7. Ийемизге мениң менен бирге хызмет ететуғын исенимли хызметши болған сүйикли туўысқанымыз Тихик мен туўралы ҳємме хабарды сизлерге билдиреди.
8. Мине, мен усы мақсет пенен оны сизлерге жиберип атырман. Ол ҳал-жағдайымызды билдирип, сизлердиң кеўиллериңизге жубаныш береди.
9. Тихик пенен бирге жерлесиңиз, исенимли ҳєм сүйикли туўысқанымыз болған Онисимди де жиберип атырман. Олар сизлерге бул жерде болып атырған барлық ўақыялар ҳаққында айтып береди.
10. Мениң менен бирге қамақта отырған жолдасым Аристарх ҳєм Барнабаның аталас иниси Марк сизлерге сєлем айтып атыр. Сизлер Марк ҳаққында нусқаў алған едиңлер: егер ол сизлерге барса, оны қабыл етиңлер.
11. Юстус деп аталатуғын Ешу да сизлерге сєлем айтып атыр. Яҳудийлер ишинен тек усылар ғана мениң менен бирге Кудайдың Патшалығы ушын хызмет етпекте. Олар маған жубаныш болды.
12. Масих Ийсаның хызметшиси болған жерлесиңиз Епафрас сизлерге сєлем айтып атыр. Сизлерди Кудайдың ҳєр бир еркине толық исенсин ҳєм минсиз адамлар болсын деп, ол сизлер ушын бар күши менен үзликсиз дуўа етип атыр.
13. Сизлер ушын ҳєм Лаодикия менен Ераполда болғанлар ушын, оның кѳп мийнет еткенине мен гүўаман.
14. Сүйикли шыпакер Лука менен Димас та сизлерге сєлем айтып атыр.
15. Лаодикиядағы туўысқанларға, Нимфаға ҳєм оның үйиндеги жємєєтке сєлем айтыңлар.
16. Бул хат араңызда оқылғаннан соң, оны Лаодикия жємєєтинде де оқытың. Сизлер де Лаодикиядан келген хатты оқыңлар.
17. Архипке мынаны айтып қойыңлар: «Ийемизден қабыл еткен хызметиңди орынлаўға инталы бол!»
18. Мен, Павел, бул сєлемнаманы ѳз қолым менен жазып атырман. Мениң тутқынлығымды умытпаңлар. Кудайдың мийрими сизлерге яр болсын!

- Матта жазған Хош Хабар
- Марк жазған Хош Хабар
- Лука жазған Хош Хабар
- Юхан жазған Хош Хабар
- Елшилердиң ислери
- Яқыптың хаты
- Петрдиң биринши хаты
- Петрдиң екинши хаты
- Юханның биринши хаты
- Юханның екинши хаты
- Юханның ушинши хаты
- Яҳуданың хаты
- Римлилерге жазылған хат
- Коринфлилерге жазылған биринши хат
- Коринфлилерге жазылған екинши хат
- Галатиялыларға жазылған хат
- Ефеслилерге жазылған хат
- Филиплилерге жазылған хат
- Колосалыларға жазылған хат
- Салоникалыларға жазылған биринши хат
- Салоникалыларға жазылған екинши хат
- Тимофейге жазылған биринши хат
- Тимофейге жазылған екинши хат
- Титусқа жазылған хат
- Филимонға жазылған хат
- Еврейлерге жазылған хат
- Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян