Инжил Каракалпак
Галатиялыларға жазылған хат
1. Адамлар тєрепинен ямаса адамлар арқалы емес, ал Ийса Масих ҳєм Оны ѳлимнен тирилткен Єкемиз Кудай тєрепинен елши болып тайынланған мен, Павелден ҳєм мениң менен бирге болған барлық туўысқанлардан, Галатиядағы исениўши жємєєтлерге сєлем!
2. -
3. Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин!
4. Єкемиз Кудайдың ерки бойынша, Ийса Масих бизлерди ҳєзирги жаўыз заманнан қутқармақшы болып, гүналарымыз ушын Ѳзин қурбан етти.
5. Қудайымызға мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
6. Сизлерди Масихтың мийрими арқалы шақырған Қудайдан соншелли тез жүз бурып, басқа бир «хош хабар» ға аўып кеткениңизге ҳайранман.
7. Негизинде басқа бир «хош хабар» жоқ. Ал, сизлердиң ақылыңызды шатастырып, Масихтың Хош Хабарын бурмаламақшы болып атырғанлар ғана бар.
8. Бирақ егер де бизлер ямаса аспаннан бир периште келип, ѳзлеримиз сизлерге айтқан Хош Хабарға қарсы «хош хабар» жєриялап атырған болса, ол Кудайдың ғарғысына ушырасын!
9. Бурын айтқанымызды жєне қайталап айтаман: егер ким де ким сизлер қабыл еткен Хош Хабарға қарсы бир «хош хабар» ды жєриялап атырған болса, ол Кудайдың ғарғысына ушырасын!
10. Енди мен адамлардың мақтаўын қєлеп атырман ба ямаса Кудайдың ба? Я болмаса, адамларға жағыныўға тырысып атырман ба? Егер елеге дейин адамларға жағынбақшы болғанымда, онда мен Масихтың хызметшиси бола алмас едим.
11. Туўысқанларым, мен жєриялаған Хош Хабарды адам ойлап шығармағанын билиўиңизди қєлеймен.
12. Мен бул Хош Хабарды адамнан қабыл етпедим ҳєм ҳеш кимнен үйренбедим. Оны маған Ийса Масихтың Ѳзи аян арқалы билдирди.
13. Мен яҳудий дининде болғанымда, қалай ѳмир сүргеним ҳаққында еситкенсизлер. Кудайдың жємєєтин аяўсыз қуўдалап, оны қуртыўға тырысатуғын едим.
14. Яҳудий дининде ѳз миллетимдеги кѳп қатар-қурбыларымнан озып, ата-бабаларымыздың үрп-єдетлерин орынлаўға жан-тєним менен ғайрат салатуғын едим.
15. -
16. Бирақ мени анамның қарнында болғанымда-ақ таңлап, Ѳз мийрими менен шақырған Кудай басқа миллетлер арасында Хош Хабарды жєриялаўым ушын, маған Улын ашып билдириўге ыразы болды. Сонда мен адамлар менен мєслєҳєтлесип отырмадым.
17. Ерусалимге, яғный меннен бурын елши болғанларға да бармадым. Ал дєрҳал Арабстанға кетип, кейин жєне Дамаскқа қайтып келдим.
18. Соңынан үш жыл кейин Петр менен танысыў ушын Ерусалимге бардым. Оның жанында он бес күн болдым.
19. Бирақ, басқа елшилердиң ҳеш бирин кѳрмедим, тек Ийемиз Ийсаның иниси Яқыпты ғана кѳрдим.
20. Сизлерге жазып атырғанларымның ѳтирик емес екенлигин Кудайдың алдында билдирип атырман.
21. Буннан соң, мен Сирия ҳєм Киликия үлкелерине кеттим.
22. Ал Яҳудиядағы Масихқа тийисли жємєєтлер мени жүзбе-жүз танымайтуғын еди.
23. Олар тек: «Бир ўақытлары бизлерди қуўдалаған адам бурын ѳзи жоқ қылмақшы болған исеним ҳаққында енди ѳзи жєриялап жүр», – дегенди еситип,
24. мен ушын Кудайды алғыслаған еди.

1. Арадан он тѳрт жыл ѳткеннен соң, Барнаба менен бирликте жєне Ерусалимге бардым. Жаныма Титусты да алдым.
2. Ол жерге Кудайдан алған аяным себепли бардым. Сол жердеги жємєєт жетекшилери менен жеке сѳйлесип, басқа миллетлер арасында ѳзим жєриялап жүрген Хош Хабарды баян еттим. Ислеген мийнетим ҳєм ҳєзир ислеп атырған ис-ҳєрекетимниң зая кетпеўи ушын усылай иследим.
3. Ал олар мениң жанымдағы Титустың грек болыўына қарамай, оны сүннет етилиўге мєжбүрлемеди.
4. Бирақ арамызға жасырын кирген айырым жалған туўысқанлар бар еди. Олар бизлерге Ийса Масих берген азатлықты кѳре алмай, бизлерди яҳудийлердиң нызамының қулы қылмақшы еди.
5. Ал бизлер Хош Хабардың ҳақыйқаты сизлер менен бєрқулла бирге болсын деп, оларға бир дем де бойсынып, тєслим болмадық.
6. Ерусалим жємєєтиниң жетекшилери қаншелли атақлы болса да, мен ушын бєри бир: Кудай адамларды айырмайды. Олар мениң жєриялаў исиме қосымша ҳеш нєрсе жүклемеди.
7. Керисинше, Хош Хабарды яҳудийлерге жєриялаў иси Петрге исенип тапсырылғандай, басқа миллетлерге жєриялаў иси маған исенип тапсырылғанын олар билди.
8. Себеби Петрди яҳудийлер ушын елши етип тайынлаған Кудай мени де басқа миллетлер ушын елши етип тайынлады.
9. Жємєєтлердиң тиреклери есапланған Яқып, Кифа ҳєм Юхан Кудайдың маған берген мийримин мойынлап, маған ҳєм Барнабаға бирдемлик қолларын созды. Солай етип, бизлердиң басқа миллетлерге, ал ѳзлериниң яҳудийлерге кетиўин мақул кѳрди.
10. Тек еле де жарлыларға жєрдем бериўди естен шығармаўымызды ѳтиниш етти. Мен де бул исти шын кеўилден ислеўге тырысып киятырған едим.
11. Кифа Антиохияға келгенде, оның қєтесин бетине айтып єшкара еттим.
12. Ѳйткени Яқыптың жанынан базы адамлар келместен алдын Кифа басқа миллет исениўшилери менен бирге аўқат жейтуғын еди. Бирақ сол яҳудийлер келгенде қорқып, сүннет етилмеген басқа миллет исениўшилеринен ѳзин шетке алды ҳєм олар менен байланысты үзди.
13. Басқа яҳудийлер де Кифаға уқсап еки жүзлилик иследи. Ҳєтте, Барнаба да олардың еки жүзлилигине берилди.
14. Олардың Хош Хабардың ҳақыйқаты бойынша ис тутпай атырғанын кѳргенимде, ҳєммениң алдында Кифаға былай дедим: «Сен яҳудий бола тура, яҳудий сыяқлы емес, ал басқа миллет адамы сыяқлы жасап атырсаң. Енди қалайынша сен басқа миллет адамларын яҳудийлесиўге мєжбүрлейсең?
15. Бизлер яҳудий болып туўылдық, басқа миллетлер сыяқлы гүнакар емеспиз.
16. Бирақ та, адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы емес, ал Ийса Масихқа деген исеними арқалы ақланатуғынын билемиз. Сонлықтан бизлер де Мухаддес Нызамды орынлап жасағанымыз арқалы емес, ал Масихқа деген исенимимиз бенен ақланамыз деп, Ийса Масихқа исендик. Себеби ҳеш бир адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы ақланбайды».
17. Егер Ийса Масих арқалы ақланыўды излеп, ѳзлеримиз гүнакар болып шықсақ, Масих бизлерди гүнаға жетелеўши болғаны ма? Ҳеш қашан!
18. Егер мен ѳзим бузған яҳудий үрп-єдетлерин қайтадан тиклесем, онда мен ѳзимниң нызам бузыўшы екенимди дєлиллеген боламан.
19. Кудай алдында жасаў ушын, Мухаддес Нызам арқалы мен Мухаддес Нызам алдында ѳлгенмен.
20. Мен Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масих жасап атыр. Ҳєзир денеде жасап атырған ѳмиримде мени сүйген ҳєм мен ушын Ѳзин қурбан еткен Кудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман.
21. Мен Кудайдың мийримин қєдирсиз деп есапламайман. Егер де Мухаддес Нызам арқалы ақланыў мүмкин болғанда, онда Масих бийкарға ѳлген болар еди.

1. Ҳєй, ақылсыз галатиялылар! Сизлерди ким сыйқырлап таслады? Ийса Масихтың атанақ ағашқа шегеленип қойылғаны кѳз алдыңыздан кетпестей етип сүўретленип берилген жоқ па еди?
2. Сизлерден бир нєрсени ғана билмекшимен: сизлер Мухаддес Руўхты қалай алдыңлар? Мухаддес Нызамды орынлап па ямаса ѳзлериңиз еситкен Хош Хабарға исенип пе?
3. Сизлер соншелли ақылсыз болғаныңыз ба? Мухаддес Руўх пенен баслап, енди неге адамның ис-ҳєрекети менен минсизликке ерисиўге тырысып атырсызлар?
4. Бийкарға сонша азап шектиңиз бе?! Ҳақыйқаттан да, бийкарға ма?!
5. Сизлерге Мухаддес Руўхын берген ҳєм араңызда кєраматлар кѳрсеткен Кудай буны Мухаддес Нызамды орынлағаныңыз ушын ислеп атыр ма ямаса ѳзлериңиз еситкен Хош Хабарға исенгениңиз ушын ба?
6. Ибрайымның мысалын алып қарайық: «Ол Кудайға исенди ҳєм сол себептен Кудай оны ақланған деп санады».
7. Солай етип, мынаны билип қойыңлар: исенгенлердиң ҳєммеси Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болады.
8. Мухаддес Жазыў Кудайдың басқа миллетлерди исеними арқалы ақлайтуғынын болжап, Ибрайымға: «Барлық халықлар сен арқалы жарылқанады», – деп қуўанышлы хабарды алдын ала жиберген еди.
9. Солай етип, исенгенлер исениўши Ибрайым менен бирге жарылқанады.
10. Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланатуғынына исенетуғынлардың ҳєммесине нєлет жаўады. Ѳйткени Мухаддес Нызамда былай деп жазылған: «Мухаддес Нызам китабында жазылған ҳємме нєрсени бєрқулла орынлап жасамайтуғын ҳєр бир адам нєлетий болады».
11. Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ҳеш бир адам Кудай алдында ақлана алмайтуғыны анық. Себеби: «Исеними менен ақланған жасайды», – деп жазылған.
12. Мухаддес Нызамның тийкары исеним емес. Керисинше: «Мухаддес Нызамда буйырылғанларды орынлаған олар арқалы жасайды», – деп жазылған.
13. -
14. Масих бизлер ушын нєлетленгенликтен, Кудайдың Ибрайымға берген жарылқаўы Масих Ийса арқалы басқа миллетлерге несип етеди ҳєм бизлер ўєде етилген Мухаддес Руўхты исенимимиз арқалы аламыз. Масих бизлерди Мухаддес Нызамның нєлетинен қутқарды. Ѳйткени: «Ағашқа асылған ҳєр бир адам нєлетий», – деп жазылған.
15. Туўысқанларым! Адамлар ѳмиринен мысал келтирейин: адамлар арасында дүзилген келисимди бийкарлаўға ямаса оған бир нєрсе қосыўға болмайды.
16. Кудай Ибрайымға ҳєм оның урпағына ўєде бергенде: «сениң урпағыңнан болғанларға» деп кѳп адамларды нєзерде тутып айтқан жоқ, ал «сениң урпағыңнан болғанға» деп, тек бир адамды, яғный Ийса Масихты нєзерде тутып айтқан еди.
17. Мениң айтажағым мынаў: тѳрт жүз отыз жылдан соң пайда болған Мухаддес Нызам Кудайдың алдын ала дүзген келисимин бийкарлап, ўєдесиниң күшин жоқ қылмайды.
18. Себеби егер Кудайдың берген мийрасы Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы берилгенде, онда ол ўєде бойынша болмайды. Бирақ Кудай мийрасты Ибрайымға ўєде бойынша берди.
19. Ондай болса, Мухаддес Нызам не ушын берилген? Ол гүналарымызды ашып кѳрсетиў ушын, келисимге қосымша етип берилген. Ѳзи Кудайдың ўєдеси ҳєм Ибрайымның урпағы болған Масих келгенге дейин ғана Мухаддес Нызам ҳєрекет етеди. Ол периштелер арқалы тєўеллешиниң қолы менен берилген еди.
20. Ал тєўеллеши тек бир тєрепке тийисли емес. Бирақ Кудай – жалғыз.
21. Олай болса, Мухаддес Нызам Кудайдың ўєделерине қарсы ма? Ҳеш қашан! Ѳйткени егер де ѳмир бере алатуғын нызам берилген болса, онда адамлар, єлбетте, нызам арқалы ақланар еди.
22. Бирақ, Ийса Масихқа деген исенимге тийкарланған ўєде исенгенлерге берилиў ушын, Мухаддес Жазыў пүткил барлықты гүнаның тутқыны деп жєриялады.
23. Бул исеним пайда болыўдан алдын бизлер Мухаддес Нызамның бақлаўы астында болып, келешек исенимниң айқынласыўына шекем Мухаддес Нызамның тутқыны едик.
24. Басқаша айтқанда, исеним арқалы ақланыўымыз ушын, Масих келиўге дейин Мухаддес Нызам тєрбияшымыз болды.
25. Бирақ исеним пайда болғаннан соң, бизлер енди тєрбияшымыз болған Мухаддес Нызамның қол астында емеспиз.
26. Себеби Масих Ийсаға исенгениңиз ушын, ҳєммеңиз Кудайдың балаларысыз.
27. Суўға шомылдырылғанда Масих пенен бирлесип, ҳєр бириңиз Масих сыяқлы болдыңлар.
28. Ендигиден былай, яҳудий менен гректиң, қул менен азат адамның, еркек пенен ҳаялдың арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ. Ѳйткени ҳєммеңиз Масих Ийсада бирсиз.
29. Егер Масихқа тийисли болсаңыз, онда Ибрайымның урпағысыз, Кудайдың ўєдеси бойынша мийрасхорларсыз.

1. Жєне айтажағым мынаў: мийрасхор ҳємме нєрсениң ийеси болса да, бала ўақтында оның қулдан айырмашылығы жоқ.
2. Ол єкесиниң белгилеген ўақтына дейин тєрбияшылар менен үй басқарыўшысының бақлаўы астында болады.
3. Усы сыяқлы, бизлер де балалық ўақтымызда, яғный ҳақыйқатлықты толық түсинбеген ўақтымызда дүньяның мєниссиз қағыйдаларының қулы едик.
4. -
5. Бирақ ўақты келгенде, Кудай Ѳз Улын жиберди. Ол Мухаддес Нызамның қулы болғанлардың қутқарылыўы ушын ҳєм бизлердиң Кудайдың балалары болыўымыз ушын ҳаялдан туўылып, Мухаддес Нызамға бойсынып жасады.
6. Сизлер енди Кудайдың балалары болдыңлар. Сонлықтан Ол Ѳз Улының Руўхын жүреклериңизге жиберди. Усы Руўх арқалы сизлер Кудайды: «Єке, Єкежаным!» деп шақырыўыңызға болады.
7. Сол себептен сен енди қул емессең, ал Кудайдың перзентисең. Кудайдың перзенти болғаның ушын, Кудай сени мийрасхор етти.
8. Бурын сизлер Кудайды билмей, негизи Кудай болмаған нєрселерге қул болдыңлар.
9. Енди болса, Кудайды билип алдыңлар, туўрырағы, сизлерди Кудай таныйды. Солай екен, неге енди жєне дүньяның ҳєлсиз ҳєм қєдирсиз қағыйдаларына қайтып баратырсызлар. Кайтадан жєне олардың қуллары болмақшымысызлар?
10. Күнлер, айлар, мєўсимлер ҳєм жылларды белгилейсизлер.
11. Сизлер ушын бийкарға мийнет еттим бе, деп тєшиўиштемен.
12. Туўысқанларым! Сизлерден ѳтиниш етемен, мен сыяқлы болыңлар. Себеби мен де сизлер сыяқлы болдым. Сизлер маған ҳеш қандай жаманлық ислемедиңлер.
13. Хош Хабарды сизлерге биринши мєрте ден-саўлығымның ҳєлсизлиги себепли жєриялағанымнан хабарыңыз бар.
14. Мениң ден-саўлығымның жағдайы сизлер ушын бир сынақ болса да, менменсип, маған тєкаббирлик етпедиңлер. Керисинше, мени Кудайдың бир периштесиндей, ҳєтте, Ийса Масихтай қабыл еттиңлер.
15. Енди сол қуўанышыңыз қаяқта?! Сизлерге ѳзим гүўаман: қолларыңыздан келсе, кѳзлериңизди ойып, маған берер едиңлер.
16. Енди сизлерге ҳақыйқатты айтаман деп, душпаныңыз болдым ба?
17. Мухаддес Нызамды орынлаўды талап еткенлер сизлерди ѳз тєрепине аўдарыўға тырысып атыр, бирақ бул жақсы нийет емес. Ѳзлерине бағыныўға тырысыўыңыз ушын, олар сизлерди бизлерден айырмақшы.
18. Жақсы нийет пенен тырысыў – бул жақсы нєрсе. Бул тек мен сизлердиң араңызда болғанымда емес, ал бєрқулла усылай болса жақсы.
19. Балаларым! Масих сыяқлы болмағаныңызша, мен сизлерди қайтадан туўып атырғандай, толғақ азабын шекпектемен.
20. Ҳєзир жаныңызда болып, даўысымды мүлєйим қылып ѳзгертсем еди. Ѳйткени сизлерди не қыларымды билмей, аң-таң болып турман.
21. Мухаддес Нызам астында жасаўды қєлеген сизлер маған айтыңларшы, Мухаддес Нызамның не дейтуғынын билмейсизлер ме?
22. Себеби Ибрайымның еки улы болды: биреўи шоры ҳаялдан, екиншиси азат ҳаялынан еди, деп жазылған.
23. Шоры ҳаялдан болған улы єпиўайы жол бойынша, ал азат ҳаялдан болған улы ўєде бойынша туўылды.
24. Бунда тымсал мєниси бар. Бул еки ҳаял еки келисимди аңлатады. Биреўи қуллықта болатуғын балаларды туўатуғын Ажар – Синай таўында дүзилген келисимниң тымсалы.
25. Арабстандағы Синай таўының тымсалы болған Ажар ҳєзирги Ерусалимди аңлатады. Ѳйткени бул қала ѳз халқы менен еле де Мухаддес Нызамның қуллығында.
26. Бирақ, аспандағы Ерусалимниң тымсалы болған Сара азат, ол бизлердиң анамыз.
27. Себеби былай деп жазылған: «Ҳєй, бала туўмайтуғын нєсилсиз ҳаял шад бол! Толғақ азабын билмейтуғын ҳаял, Даўысыңды кѳтерип, бақыр! Ѳйткени жалғыз баслы ҳаялдың балалары, Күйеўи бар ҳаялдың балаларынан кѳп».
28. Туўысқанлар! Сизлер де Ысақ сыяқлы ўєде бойынша туўылған балаларсыз.
29. Єпиўайы жол менен туўылған Мухаддес Руўхтың ўєдеси бойынша туўылғанды қалай қуўдалаған болса, ҳєзир де солай болып атыр.
30. Бирақ, Мухаддес Жазыў не дейди? «Шорыны ҳєм оның баласын қуўып жибер, Себеби шорының улы, Азат ҳаялдың улы менен бирликте, Мийрасқа шерик бола алмайды».
31. Солай етип, туўысқанлар, бизлер шоры ҳаялдың емес, ал азат ҳаялдың балаларымыз.

1. Масих бизлерди еркин ѳмир сүриўимиз ушын азат қылды. Сонлықтан беккем турыңлар, ѳзлериңизге қайтадан қуллық мойынтырығын салыўға жол қоймаңлар.
2. Караңлар! Мен, Павел, сизлерге мыналарды айтып атырман: егер сүннет етилсеңиз, Масихтың сизлерге ҳеш пайдасы жоқ.
3. Сүннет етилген ҳєр бир адамды жєне ескертип атырман: ол пүткил Мухаддес Нызамды орынлаўға парызлы.
4. Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ақланыўға тырысып атырған сизлер Масихтан айырылдыңлар. Кудайдың мийриминен алысладыңлар.
5. Бирақ бизлер Мухаддес Руўх себепли исеним арқалы ақланыўдан үмит етип, интизарлық пенен күтпектемиз.
6. Ийса Масихқа исенетуғынлар ушын сүннетлениўдиң де, сүннетленбеўдиң де ҳеш қандай єҳмийети жоқ. Тек сүйиспеншилик пенен ҳєрекет еткен исеним ғана єҳмийетли.
7. Сизлер жақсы баратыр едиңлер. Ҳақыйқатқа бойсыныўды даўам етиўден сизлерди ким айнытты?
8. Бундай айнытыў сизлерди шақырған Кудай тєрепинен болмады.
9. Аз ғана ашытқы пүткил қамырды ашытады.
10. Сизлердиң басқаша пикир жүргизбейтуғыныңызға Ийем Ийса алдында исенимим кємил. Бирақ, сизлердиң ақылыңызды шатастырған ким болыўына қарамай, жазасын тартады.
11. Маған келетуғын болсақ, туўысқанларым, егер елеге дейин сүннеттиң керек екенлигин жєриялап келгенимде, қуўдаланар ма едим? Егер олай болғанда, атанақ ағаш ҳаққында айтқан ўазларым себепли машқала туўылмас еди.
12. Кєне енди, сизлерди үгитлеп атырғанлардың ҳєммеси ѳзлерин ақта етсе!
13. Туўысқанлар! Кудай сизлерди азат болыўға шақырған. Тек азатлығыңызды ѳз тєбиятыңыздың қєлеўлериниң қурбаны қылмаң. Оның орнына бир-бириңизге сүйиспеншилик пенен хызмет етиңлер.
14. Пүткил Мухаддес Нызам бир сѳзде жємленген: «Ѳзиңди қалай сүйсең, жаныңдағы адамды да солай сүй».
15. Бирақ бир-бириңиз бенен тислесип, бир-бириңизди жесеңлер, онда бир-бириңизди жоқ етиўден абайлы болыңлар!
16. Жєне айтажағым мынаў: Мухаддес Руўхқа бойсынып жасаңлар! Сонда ѳз тєбиятыңыздың жаман қєлеўлерине ҳеш қашан бойсынбайсызлар.
17. Ѳйткени адам тєбиятының жаман қєлеўлери Мухаддес Руўхқа, Мухаддес Руўх адам тєбиятының жаман қєлеўлерине қарсы. Олар бир-бирине қарсы болғанлықтан, сизлер ислеўди қєлеген нєрселериңизди ислей алмайсызлар.
18. Ал егер сизлер Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүрсеңлер, онда Мухаддес Нызам астында емессизлер.
19. Адамның гүнакар тєбиятының ислери аян, олар: неке ҳадаллығын бузыў, ҳарамылық, бузықшылық,
20. бутпаразлық, сыйқыршылық, душпанлық, жєнжелкешлик, күншиллик, ғєзеп, менменлик, алаўызлық туўдырыў, бѳлиниў,
21. қызғаншақлық, мєскүнемшилик, айшы-єширет ҳєм усыларға уқсаған нєрселер. Сизлерди алдын ескерткенимдей, жєне ескертип атырман: усындай ис-ҳєрекетти ислеўшилер Кудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
22. Бирақ, адам ѳмиринде жетистиретуғын Мухаддес Руўхтың жемиси – сүйиспеншилик, қуўаныш, тынышлық, сабырлылық, мийримлилик, қайырқомлық, садықлық,
23. мүлєйимлилик ҳєм ѳзин тутып билиў. Бундай ислерге қарсы ҳеш қандай нызам жоқ.
24. Ийса Масихқа тийисли болғанлар ѳз тєбиятын қєлеўлери ҳєм нєпсилери менен бирликте атанақ ағашқа шегелеп қойған.
25. Мухаддес Руўх ѳмиримиздиң тийкары болғанлықтан, Оның жетелеўи менен жүрейик.
26. Даңқпараз болмайық, бир-биримиздиң ашыўымызға тийип, күншиллик етпейик.

1. Туўысқанлар! Егер биреўдиң гүна ислегени мєлим болып қалса, Мухаддес Руўхқа бойсынып жасап атырған сизлер бундай адамды мүлєйимлик пенен туўры жолға салыңлар. Сизлер де азғырылмаўыңыз ушын ѳзлериңизге сақ болыңлар.
2. Бир-бириңиздиң аўырманлығыңызды кѳтериңлер. Сонда Масихтың Нызамын орынлайсызлар.
3. Егер ким де ким ҳеш нєрсе болмаса да, ѳзин єҳмийетли адам деп есапласа, ѳз-ѳзин алдаған болады.
4. Ҳєр бир адам ѳз ис-ҳєрекетин тексерип кѳрсин. Сонда ѳзин басқалар менен салыстырмай, ѳз табыслары менен мақтана алады.
5. Себеби ҳєр бир адам ѳз аўырманлығын ѳзи кѳтериўи тийис.
6. Кудайдың сѳзин үйрениўши устазы менен барлық ийгиликли нєрселерди бѳлиссин.
7. Ѳз-ѳзиңизди алдамаңлар, Кудайды алдаў мүмкин емес. Адам не ексе, соны орады.
8. Ѳзиниң гүнакар тєбиятына бойсыныўшы сол тєбиятқа тєн ѳлим алады. Мухаддес Руўхқа бойсыныўшы Мухаддес Руўхқа тєн мєңгилик ѳмирди алады.
9. Солай екен, жақсылық ислеўден жалықпаңлар. Егер ҳєлсизленип қалмасақ, ўақты келгенде жемисин орып аламыз.
10. Сонлықтан мүмкиншилигимиз бар екен, ҳємме адамға, єсиресе исениўши туўысқанларымызға жақсылық ислейик.
11. Караңлар, ѳз қолым менен сизлерге қандай үлкен ҳєриплер менен жазып атырман!
12. Сыртқы кѳриниси менен адамларға унағысы келгенлер Масихтың атанақ ағашы себепли қуўдаланбаў ушын, сизлерди сүннет етилиўге мєжбүрлемекте.
13. Бирақ, сүннет етилгенлердиң ѳзлери де Мухаддес Нызамды орынламайды. Олар тек сизлердиң денелериңиз бенен мақтаныў ушын ғана сүннет етилиўиңизди қєлеп атыр.
14. Ал мен Ийемиз Ийса Масихтың атанақ ағашынан басқа бир нєрсе менен ҳеш қашан мақтанбайман. Усы атанақ ағаш арқалы дүнья мен ушын ѳлген, мен де дүнья ушын ѳлгенмен.
15. Сүннетли болыў ямаса болмаў єҳмийетли емес, єҳмийетлиси – жаңа жаратылыс болыў.
16. Усындай қағыйда бойынша жасап атырғанлардың ҳєммесине, яғный Кудайдың халқына тынышлық ҳєм мийрим-шєпєєт болсын!
17. Ендигиден былай, ҳеш ким маған жєбир бермесин. Ѳйткени мениң денемде Ийсаның жарақатларының излери бар.
18. Ҳєй, туўысқанлар! Ийемиз Ийса Масихтың мийрими руўхыңызға яр болсын! Аўмийин.

- Матта жазған Хош Хабар
- Марк жазған Хош Хабар
- Лука жазған Хош Хабар
- Юхан жазған Хош Хабар
- Елшилердиң ислери
- Яқыптың хаты
- Петрдиң биринши хаты
- Петрдиң екинши хаты
- Юханның биринши хаты
- Юханның екинши хаты
- Юханның ушинши хаты
- Яҳуданың хаты
- Римлилерге жазылған хат
- Коринфлилерге жазылған биринши хат
- Коринфлилерге жазылған екинши хат
- Галатиялыларға жазылған хат
- Ефеслилерге жазылған хат
- Филиплилерге жазылған хат
- Колосалыларға жазылған хат
- Салоникалыларға жазылған биринши хат
- Салоникалыларға жазылған екинши хат
- Тимофейге жазылған биринши хат
- Тимофейге жазылған екинши хат
- Титусқа жазылған хат
- Филимонға жазылған хат
- Еврейлерге жазылған хат
- Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян