Инжил Каракалпак
Юханның ушинши хаты
1. Мен, Юхан ақсақалдан, шын жүрегимнен сүйетуғын сүйикли туўысқаным Гаюсқа сєлем!
2. Сүйикли туўысқаным! Руўхый ѳмириң саў болғандай, ҳємме нєрседе табысқа ерисип, дениң саў болыўы ушын дуўа етип атырман.
3. Айырым туўысқанларымыз келип, сениң ҳақыйқатқа садық екениң ҳєм ҳақыйқат жолы менен жүргениң ҳаққында гүўалық бергенде қатты қуўандым.
4. Мениң ушын балаларымның ҳақыйқат жолы менен жүргенин еситиўден артық қуўаныш жоқ.
5. Сүйикли туўысқаным! Бийтаныс болыўына қарамай, сен туўысқанларымызға шын жүректен жєрдем берип атырсаң.
6. Олар исениўшилер жємєєти алдында сениң сүйиспеншилигиң ҳаққында гүўалық берди. Оларды Кудайға минєсип түрде жолға атландырып жиберсең, жақсы ис қылған болар едиң.
7. Себеби олар исенбейтуғын адамлардан ҳеш қандай жєрдем қабыл етпей, Ийсаның аты ушын жолға шыққан еди.
8. Сонлықтан ҳақыйқатқа шерик болыўымыз ушын бундай адамларды қоллап-қуўатлаўымыз керек.
9. Мен исениўшилер жємєєтине базы нєрселерди жазған едим, бирақ олардың арасында биринши болыўды жақсы кѳретуғын Диотреф бизлерди қабыл етпей атыр.
10. Сонлықтан егер барсам, оның ислерин єшкара етемен. Ол бизлерди жаман сѳзлер менен надурыс айыплап жүр. Булар жетпегендей, ол туўысқанларды да қабыл етпей атыр, ҳєтте, қабыл қылмақшы болғанларға тосқынлық жасап, оларды жємєєттен қуўып атыр.
11. Сүйикли туўысқаным, жаман емес, жақсы ѳрнек ал. Жақсылық ислейтуғын адам Кудайдан. Жаманлық ислейтуғын адам Кудайды кѳрген емес.
12. Димитрий ҳаққында ҳємме адам, ҳақыйқаттың ѳзи де жақсы гүўалық берип атыр. Бизлер де жақсы гүўалық берип атырмыз. Гүўалығымыздың дурыс екенин сен билесең.
13. Саған жазажақ кѳп нєрселерим бар еди, бирақ сыя ҳєм қєлем менен жазыўды қєлемеймен.
14. Сени тез арада кѳриў үмитиндемен, сонда жүзбе-жүз сѳйлесемиз.
15. Аман бол! Дослар саған сєлем айтып атыр. Сен де сол жердеги досларға атпа-ат сєлем айтып қой.

- Матта жазған Хош Хабар
- Марк жазған Хош Хабар
- Лука жазған Хош Хабар
- Юхан жазған Хош Хабар
- Елшилердиң ислери
- Яқыптың хаты
- Петрдиң биринши хаты
- Петрдиң екинши хаты
- Юханның биринши хаты
- Юханның екинши хаты
- Юханның ушинши хаты
- Яҳуданың хаты
- Римлилерге жазылған хат
- Коринфлилерге жазылған биринши хат
- Коринфлилерге жазылған екинши хат
- Галатиялыларға жазылған хат
- Ефеслилерге жазылған хат
- Филиплилерге жазылған хат
- Колосалыларға жазылған хат
- Салоникалыларға жазылған биринши хат
- Салоникалыларға жазылған екинши хат
- Тимофейге жазылған биринши хат
- Тимофейге жазылған екинши хат
- Титусқа жазылған хат
- Филимонға жазылған хат
- Еврейлерге жазылған хат
- Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян