Инжил Каракалпак
Юханның биринши хаты
1. Ең бастан бар болған ѳмир Сѳзи ҳаққында: Оны еситкенимизди, ѳз кѳзлеримиз бенен кѳргенимизди ҳєм анықлап кѳрип, Оған қолларымызды тийгизгенимизди сизлерге жєриялап атырмыз.
2. Ѳмир ашық кѳринди, бизлер Оны кѳрдик ҳєм Ол туўралы гүўалық берип атырмыз. Єке менен бирге болып, бизлерге кѳринген мєңгилик Ѳмирди сизлерге жєриялап атырмыз.
3. Сизлер де бизлер менен қарым-қатнаста болыўыңыз ушын, кѳргенимизди ҳєм еситкенимизди сизлерге жєриялап атырмыз. Бизлердиң қарым-қатнасымыз болса, Єке ҳєм Оның Улы Ийса Масих пенен болады.
4. Буларды сизлерге қуўанышымыз толы болыўы ушын жазып атырмыз.
5. Ийса Масихтан еситип, сизлерге жєриялап атырған хабарымыз бул: Кудай – нур, Онда ҳеш қандай қараңғылық жоқ.
6. Егер Оның менен қарым-қатнастамыз деп, қараңғылықта жүрген болсақ, жалған сѳйлеп, ҳақыйқат бойынша жасамаған боламыз.
7. Бирақ Кудайдың Ѳзи нурда болғаны сыяқлы, бизлер де нурда жүрсек, бир-биримиз бенен қарым-қатнаста боламыз ҳєм Оның Улы Ийсаның қаны бизлерди ҳєр қандай гүнадан тазалайды.
8. Гүнамыз жоқ десек, ѳз-ѳзимизди алдаған боламыз ҳєм бизлерде ҳақыйқатлық болмайды.
9. Егер гүналарымызды мойынласақ, садық ҳєм ҳақ Кудай гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳєр қандай жаманлықтан тазалайды.
10. Егер гүна ислемедик десек, Кудайды ѳтирикши қылып қоямыз ҳєм бизлерде Оның сѳзи болмайды.

1. Ҳєй, балаларым! Мен буларды сизлерге гүна ислемеўиңиз ушын жазып атырман. Бирақ егер биримиз гүна ислеп қойсақ, Єкениң алдында Жақлаўшымыз, ҳақ болған Ийса Масих бар.
2. Ол бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбан болды. Ол тек бизлердиң емес, ал пүткил дүньяның гүналары ушын бағышланған қурбанлық болды.
3. Егер Кудайдың буйрықларын орынласақ, Оны билетуғынымызды усы арқалы билип аламыз.
4. «Оны билемен» деп, Оның буйрықларын орынламаған адам ѳтирикши, онда ҳақыйқатлық жоқ.
5. Бирақ Кудайға деген сүйиспеншилик Оның сѳзин орынлаған адамда ҳақыйқаттан кємал табады. Кудай менен бирге екенимизди усы арқалы билип аламыз.
6. «Кудай менен биргемен» деген адам Ийса сыяқлы жасаўы шєрт.
7. Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, сизлерге жаңа буйрықты емес, єзелден ѳзлериңиз қабыл еткен ески буйрықты жазып атырман. Бул ески буйрық – сизлер еситкен Кудайдың сѳзи.
8. Бирақ сизлерге жєне жаңа буйрық та жазып атырман. Буның ҳақыйқат екени Масих ҳєм сизлер арқалы кѳринип атыр. Себеби қараңғылық ѳтип баратыр, ал ҳақыйқый нур єлле қашан жарқырап тур.
9. «Нурдаман» деп, туўысқанын жек кѳретуғын адам еле қараңғылықта болады.
10. Туўысқанын сүйген адам нурда жасайды ҳєм онда сүрнигиўге себеп болмайды.
11. Бирақ, туўысқанын жек кѳриўши қараңғылықта болады. Ол қараңғылықта жүрип, қаяққа баратырғанын билмейди. Ѳйткени қараңғылық оның кѳзлерин соқыр еткен.
12. Балаларым, сизлерге жазып атырман. Себеби Ийсаның аты арқалы гүналарыңыз кеширилди.
13. Єкелер, сизлерге жазып атырман. Ѳйткени сизлер ең бастан бар Болғанды билесизлер. Жаслар, сизлерге жазып атырман. Себеби сизлер шайтанды жеңдиңиз. Балаларым, сизлерге жаздым. Ѳйткени сизлер Єкени билесизлер.
14. Єкелер, сизлерге жаздым. Себеби сизлер ең бастан бар Болғанды билесизлер. Жаслар, сизлерге жаздым. Ѳйткени сизлер күшлисиз ҳєм сизлерде Кудайдың сѳзи болып, сизлер шайтанның үстинен жеңиске еристиңиз.
15. Дүньяны ҳєм дүньядағы нєрселерди сүймеңлер. Ким де ким дүньяны сүйсе, онда Єкеге деген сүйиспеншилик жоқ.
16. Себеби дүньяда болған ҳєр бир нєрсе: денениң қєлеўлери, кѳздиң қєлеўлери ҳєм ѳмирдеги менменлик Єкеден емес, дүньядан.
17. Дүнья ҳєм оның қєлеўлери ѳтип кетеди, бирақ Кудайдың еркин орынлаған адам мєңги жасайды.
18. Балаларым, бул соңғы ўақыт. Масихқа қарсы турыўшының келетуғынын еситкениңиздей, єлле қашан кѳп Масихқа қарсы турыўшылар пайда болды. Соңғы ўақыт болғанын усыннан билемиз.
19. Олар арамыздан шықты, бирақ бизлерге тийисли емес еди. Егер бизлерге тийисли болғанда, бизлер менен бирге қалар еди. Олардың кеткени арқалы олардың ҳеш бириниң бизлерге тийисли емес екени мєлим болды.
20. Ал сизлер мухаддес болған Масихтан Мухаддес Руўхты алғанлықтан, ҳєммеңиз ҳақыйқатты билесизлер.
21. Мен сизлерге ҳақыйқатты билмегениңиз ушын емес, ал ҳақыйқатты ҳєм ҳеш қандай жалғанның ҳақыйқаттан емес екенин билгениңиз себепли жазып атырман.
22. Ийсаның Масих екенин тєн алмаған адам ѳтирикши болмаса, онда ким ѳтирикши? Єкени ҳєм Улды тєн алмаған адам – Масихқа қарсы турыўшы.
23. Улды тєн алмаған адамда Єке де жоқ. Ал Улды тєн алған адамда Єке де бар.
24. Єўел бастан еситкен сѳзиңизди ѳзлериңизде сақлаңлар. Егер єўел бастан еситкен сѳзиңиз сизлерде болса, сизлер де Ул ҳєм Єке менен бирге боласызлар.
25. Масихтың Ѳзи бизлерге ўєде еткен мєңгилик ѳмир – усы.
26. Буларды сизлерди азғырмақшы болып атырғанлар ҳаққында жазып атырман.
27. Бирақ сизлер Масихтың Мухаддес Руўхына ийесиз. Сизлерде Мухаддес Руўх болғанлықтан, сизлерге ҳеш кимниң үйретиўиниң ҳєжети жоқ. Масихтың Мухаддес Руўхы сизлерге ҳєммесин үйретеди. Оның тєлими ҳақыйқый, жалған емес. Оның сизлерге үйреткени сыяқлы, Масих пенен жасаңлар.
28. Аўа, балаларым, енди Масих пенен қарым-қатнаста болып, Ол келгенде, Оның алдында уятқа қалмаўымыз ушын мєрт боламыз.
29. Кудайдың ҳақ екенин билсеңиз, ҳақ ис қылған ҳєр бир адамның да Оннан туўылғанын билиң.

1. Караңлар, Кудайдың балалары деп аталыўымыз ушын, Єке бизлерди қандай уллы сүйиспеншилик пенен сүйди! Ҳақыйқаттан да, бизлер Кудайдың балаларымыз. Дүнья Єкени билмегенликтен, бизлерди де билмей атыр.
2. Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, бизлер енди Кудайдың балаларымыз. Бирақ қандай болатуғынымыз еле бизлерге кѳрсетилмеди. Масих келгенде, Ол сыяқлы болатуғынымызды билемиз. Ѳйткени Оның қандай екенин кѳремиз.
3. Масихтан усылай үмит еткен ҳєр бир адам Ол пєк болғаны сыяқлы, ѳзин пєклейди.
4. Гүна ислеген ҳєр бир адам нызамсызлық ислеген болады. Себеби гүнаның ѳзи – нызамсызлық.
5. Ал Масихтың гүналарымызды алып таслаў ушын келгенин билесизлер. Оның Ѳзинде гүна жоқ.
6. Оның менен жасайтуғын адам гүна ислемейди. Гүна ислеўди даўам етип атырған адам Оны кѳрмеген де, билмеген де.
7. Перзентлерим! Ҳеш кимге ѳзлериңизди алдатпаңлар. Масихтың ҳақ болғаны сыяқлы, ҳақ ис ислеген адам да ҳақ.
8. Гүна ислей беретуғын адам шайтаннан. Ѳйткени шайтан бастан баслап гүна ислеп киятыр. Сонлықтан Кудайдың Улы шайтанның ислерин жоқ қылыў ушын келди.
9. Кудайдан туўылған ҳєр бир адам гүна ислемейди, себеби Кудайдың туқымы онда болады. Ол Кудайдан туўылғанлықтан, гүна ислеўди даўам ете алмайды.
10. Кудайдың балалары менен шайтанның балаларын мынадан айырыўға болады: ҳақ ис ислемеген ҳєм туўысқанын сүймеген адам Кудайдан емес.
11. Сизлер єзелден еситкен хабар бул: бир-биримизди сүйейик!
12. Шайтанға тийисли болып, ѳз туўысқанын ѳлтирген Каинға уқсамайық. Ол не ушын туўысқанын ѳлтирди? Ѳйткени ѳзиниң ислери жаўыз, ал туўысқанының ислери ҳақ еди.
13. Ҳєй, туўысқанларым, дүнья сизлерди жек кѳрип атырған болса, ҳайран қалмаңлар.
14. Бизлер ѳзлеримиздиң ѳлимнен ѳмирге ѳткенимизди билемиз, себеби туўысқанларымызды сүйемиз. Ким де ким туўысқанын сүймесе, ол ѳли болып қала береди.
15. Туўысқанын жек кѳрген ҳєр бир адам – адам ѳлтириўши. Ҳеш бир адам ѳлтириўшиниң мєңгилик ѳмирге ийе емес екенин билесизлер.
16. Сүйиспеншиликтиң не екенин Масихтың бизлер ушын Ѳз жанын бергенинен билемиз. Сонлықтан бизлер де туўысқанларымыз ушын ѳз жанымызды бериўимиз шєрт.
17. Ким де ким дүнья-малға бай бола тура, туўысқанының жоқшылықта жасап атырғанын кѳрсе де тас баўырлық етсе, қалайынша ондай адамда Кудайдың сүйиспеншилиги болады?
18. Перзентлерим, тек сѳз ямаса тил менен емес, ал ис ҳєм ҳақыйқатлық пенен сүйейик.
19. -
20. Ҳақыйқатқа тийисли екенимизди усы арқалы билемиз. Егер кеўлимиз бизлерди айыплап атырған болса да, Кудай алдында кеўлимиз тыныш болады. Ѳйткени Кудай кеўлимизден уллы ҳєм Ол ҳємме нєрсени биледи.
21. Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, егер кеўлимиз бизлерди айыпламаса, онда Кудайдың алдында батыр боламыз
22. ҳєм Оннан не сорасақ та аламыз. Себеби бизлер Оның буйрықларын орынлап, Оған унайтуғын нєрселерди ислеп атырмыз.
23. Оның буйрығы бул: Улы Ийса Масихтың атына исенип, Оның бизлерге буйырғанындай, бир-биримизди сүйиўимиз тийис.
24. Кудайдың буйрықларын орынлаған адам Кудайда, Кудай да онда болады. Оның бизлерде екенин Оның бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы билемиз.

1. Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, ҳєр қандай руўхқа исенбеңлер. Бирақ руўхлардың Кудайдан болғанын ямаса болмағанын билиў ушын, оларды сынап кѳриңлер. Ѳйткени дүньяда кѳп жалған пайғамбарлар пайда болды.
2. Кудайдың Руўхын мынадан билесизлер: Ийса Масихтың адам денесинде келгенин тєн алған ҳєр қандай руўх Кудайдан.
3. Ийсаны тєн алмаған ҳєр бир руўх Кудайдан емес. Бул – Масихқа қарсы турыўшының руўхы. Сизлер оның келетуғынын еситкен едиңлер. Мине, ол єлле қашан дүньяда.
4. Ҳєй, перзентлерим, сизлер Кудайдансызлар ҳєм жалған пайғамбарларды жеңдиңлер. Себеби сизлердеги Мухаддес Руўх дүньядағы руўхтан уллы.
5. Жалған пайғамбарлар дүньядан. Сол себепли, олар дүньяға тийисли сѳзлерди сѳйлейди ҳєм дүнья оларды тыңлайды.
6. Ал бизлер Кудайданбыз. Ким де ким Кудайды билсе, бизлерди тыңлайды. Ал ким де ким Кудайдан болмаса, бизлерди тыңламайды. Ҳақыйқат Руўхы менен жалған руўхты усыннан билемиз.
7. Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, бир-биримизди сүйейик! Ѳйткени сүйиспеншилик Кудайдан. Ҳєр бир сүйиўши адам Кудайдан туўылған ҳєм Кудайды биледи.
8. Сүймейтуғын адам Кудайды билмейди. Себеби Кудай – сүйиспеншилик.
9. Кудай бизлерге деген сүйиспеншилигин былай кѳрсетти: Кудай Ѳзиниң жалғыз Улын дүньяға жиберип, бизлерге Ол арқалы ѳмир берди.
10. Мине, сүйиспеншилик – усы: бизлер Кудайды емес, ал Кудай бизлерди сүйип, Ѳз Улын бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбанлық қылып жиберди.
11. Ҳєй, сүйикли туўысқанларым! Кудай бизлерди усылай сүйген болса, бизлер де бир-биримизди сүйиўге парызлымыз.
12. Ҳеш ким ҳеш қашан Кудайды кѳрген емес. Бирақ егер бир-биримизди сүйсек, Кудай бизлерде болады ҳєм Оның сүйиспеншилиги бизлерде кємал табады.
13. Бизлердиң Онда, Оның бизлерде екенин, Оның бизлерге берген Руўхы арқалы билемиз.
14. Єке Ѳз Улын дүньяның Кутқарыўшысы қылып жибергенин бизлер кѳрдик ҳєм бул туўралы гүўалық беремиз.
15. Ким де ким Ийсаны Кудайдың Улы деп тєн алса, Кудай онда, ол да Кудайда болады.
16. Бизлер Кудайдың бизлерге деген сүйиспеншилигин билемиз ҳєм оған исенемиз. Кудай – сүйиспеншилик. Ким де ким сүйиспеншилик пенен жасаса, ол Кудайда, Кудай да онда болады.
17. Солай етип, ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде мєрт болыўымыз ушын, Кудайдың сүйиспеншилиги бизлерде кємал табады. Ѳйткени бизлер бул дүньяда Масих сыяқлы боламыз.
18. Сүйиспеншиликте қорқыў жоқ. Керисинше, минсиз сүйиспеншилик қорқыўды қуўып шығарады. Себеби қорқыў жаза менен байланыслы болады. Корқатуғын адам сүйиспеншиликте минсизликке ериспеген.
19. Бизлер бир-биримизди сүйемиз, ѳйткени дєслеп Кудай бизлерди сүйди.
20. Егер ким де ким: «Кудайды сүйемен» деп, туўысқанын жек кѳрсе, ол ѳтирикши. Себеби кѳзге кѳринетуғын туўысқанын сүймеген адам кѳзге кѳринбейтуғын Кудайды қалай сүйе алады?
21. «Кудайды сүйетуғын адам ѳз туўысқанын да сүйиўи тийис», – деген буйрықты бизлер Масихтан алғанбыз.

1. Ийсаның Масих екенине исенетуғын ҳєр бир адам Кудайдан туўылған. Єкени сүйген ҳєр бир адам Оның балаларын да сүйеди.
2. Кудайды сүйип, Оның буйрықларын орынлағанымыздан Кудайдың балаларын сүйетуғынымызды билемиз.
3. Ѳйткени Кудайдың буйрықларын орынлағанымыз Оны сүйетуғынымызды аңлатады. Оның буйрықлары аўыр емес.
4. Себеби Кудайдан туўылған ҳєр бир адам дүньяны жеңеди. Дүнья үстинен жеңиске ерискен бизлердиң исенимимиз болады.
5. Ийсаның Кудайдың Улы екенине исенетуғын адамнан басқа, ким дүньяны жеңе алады?
6. Бул – суў ҳєм қан менен келген Ийса Масих. Ол тек суў менен емес, ал суў ҳєм қан менен келди. Жєне де, гүўалық бериўши Мухаддес Руўх. Ѳйткени Мухаддес Руўх – ҳақыйқат.
7. Гүўалық беретуғынлар үшеў:
8. Мухаддес Руўх, суў ҳєм қан. Булардың үшеўиниң гүўалығы бир.
9. Бизлер адамның гүўалығын қабыл етемиз, ал Кудайдың гүўалығы оннан да уллы. Себеби бул – Кудайдың Ѳз Улы туўралы берген гүўалығы.
10. Кудайдың Улына исенетуғын адамның ѳзинде усы гүўалық бар. Ал Кудайға исенбейтуғын адам Кудайды ѳтирикши қылған болады. Ѳйткени Кудайдың Ѳз Улы туўралы берген гүўалығына исенбейди.
11. Сол гүўалық мынаў: Кудай бизлерге мєңгилик ѳмир берди ҳєм бул ѳмир Оның Улында.
12. Кудайдың Улына ийе болған адам ѳмирге ийе болады, Кудайдың Улына ийе болмаған адам ѳмирге ийе емес.
13. Мен буларды Кудайдың Улына исенген сизлерге мєңгилик ѳмирге ийе екениңизди билиўиңиз ушын жазып атырман.
14. Бизлерде Оған деген мынадай батыллық бар: Кудайдың еркине сай не сорасақ та, Ол бизлерди еситеди.
15. Егер не сорасақ та, Оның еситетуғынын билетуғын болсақ, Оннан сорағанларымызды алатуғынымызды да билемиз.
16. Егер ким де ким туўысқанының ѳлимге апармайтуғын гүна ислегенин кѳрсе, дуўа етсин. Кудай оған ѳмир береди. Буны ѳлимге апармайтуғын гүна ислегенлер ҳаққында айтып атырман. Ѳлимге апаратуғын гүна да бар. Бул ушын дуўа етсин, деп атырғаным жоқ.
17. Ҳєр қандай жаманлық – гүна, бирақ ѳлимге апармайтуғын гүна да бар.
18. Кудайдан туўылған адам гүна ислеўди даўам етпейтуғынын билемиз. Себеби оны Кудайдың Улы сақлайды ҳєм шайтан оған қол тийгизе алмайды.
19. Ѳзлеримиздиң Кудайға тийисли екенимизди ҳєм пүткил дүнья шайтанның қол астында екенин билемиз.
20. Жєне де, Кудайдың Улы келип, ҳақыйқый Кудайды билиўимиз ушын ақыл-ой бергенин де билемиз. Бизлер ҳақыйқый Кудайда, яғный Оның Улы Ийса Масихтамыз. Ол – ҳақыйқый Кудай ҳєм мєңгилик ѳмир.
21. Перзентлерим, ѳзлериңизди бутлардан сақлаңлар!

- Матта жазған Хош Хабар
- Марк жазған Хош Хабар
- Лука жазған Хош Хабар
- Юхан жазған Хош Хабар
- Елшилердиң ислери
- Яқыптың хаты
- Петрдиң биринши хаты
- Петрдиң екинши хаты
- Юханның биринши хаты
- Юханның екинши хаты
- Юханның ушинши хаты
- Яҳуданың хаты
- Римлилерге жазылған хат
- Коринфлилерге жазылған биринши хат
- Коринфлилерге жазылған екинши хат
- Галатиялыларға жазылған хат
- Ефеслилерге жазылған хат
- Филиплилерге жазылған хат
- Колосалыларға жазылған хат
- Салоникалыларға жазылған биринши хат
- Салоникалыларға жазылған екинши хат
- Тимофейге жазылған биринши хат
- Тимофейге жазылған екинши хат
- Титусқа жазылған хат
- Филимонға жазылған хат
- Еврейлерге жазылған хат
- Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян