Инжил Каракалпак
Петрдиң екинши хаты
1. Ийса Масихтың қулы ҳєм елшиси Симон Петрден, Кудайымыз ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масихтың ҳақлығы арқалы бизлер алған қымбатлы исенимге тең исенимди сыйға алғанларға сєлем!
2. Кудайды ҳєм Ийемиз Ийсаны ҳақыйқаттан билип барыўыңыз арқалы сизлерге мийрим ҳєм тынышлық мол-мол етип берилсин!
3. Кудайлық қүдиретке ийе Ийса Масих Ѳзин билиўимиз арқалы жасаўымыз ҳєм Кудайдың жолы менен жүриўимиз ушын бизлерге керекли болған ҳємме нєрсени берди. Ол бизлерди Ѳз уллылығын ҳєм ийгилигин алыўымыз ушын шақырды.
4. Кудай Ѳз уллылығы ҳєм ийгилиги арқалы бизлерге жүдє үлкен ҳєм қымбатлы ўєделер берди. Солай етип, бул ўєделер себепли сизлер дүньядағы жаман қєлеўлерден қутылып, қудайлық тєбиятқа шерик боласызлар.
5. Сонлықтан сизлер бар күшиңизди сарп етип, исенимиңизге жақсылықты, жақсылыққа билимди,
6. билимге нєпсини тыйыўды, нєпсини тыйыўға сабырлылықты, сабырлылыққа Кудайға бағышланыўды,
7. Кудайға бағышланыўға туўысқанлық сүйиспеншиликти, туўысқанлық сүйиспеншиликке сүйиспеншиликти қосып арттырыңлар.
8. Егер бул жақсы қєсийетлер сизлерде бар болып, артып атырған болса, онда Ийемиз Ийса Масихты билиўде табыссыз ҳєм жемиссиз болмайсыз.
9. Бул жақсы қєсийетлерге ийе болмаған адам узақты кѳре алмайтуғын соқыр адам болғаны. Ол бурынғы гүналарынан тазаланғанын умытқан адам демек.
10. Сонлықтан ҳєй туўысқанларым, Кудайдың сизлерди шақырғаны ҳєм таңлап алғаны ҳақыйқат екенин кѳрсетиў ушын, еле де күш-ғайрат салыңлар. Усылай ислесеңиз, ҳеш қашан сүрникпейсиз.
11. Солай етип, Ийемиз ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масихтың мєңгилик Патшалығына кириў жолы сизлерге кең ашылады.
12. Сол себептен сизлер буларды билип, ѳзиңиздеги ҳақыйқатты беккем тутсаңлар да, мен усыларды сизлерге ҳємме ўақыт еслетип турыўға таярман.
13. Бул денеде жасаған ўақтымда ядыңызда болған нєрселерди еслетип турыўды дурыс деп таптым.
14. Ѳйткени Ийемиз Ийса Масихтың маған билдириўи бойынша, бул денеден айырылатуғын ўақтымның жақын екенин билемен.
15. Мен бул дүньядан кеткенимнен соң да буларды ҳємме ўақыт еслеп тура алыўыңыз ушын, жан-тєним менен тырысаман.
16. Бизлер Ийемиз Ийса Масихтың қүдиретин ҳєм қайта келиўин сизлерге мєлим еткенимизде, ядтан ойлап табылған аңызларға тийкарланбадық. Ал Оның уллылығын ѳз кѳзлеримиз бенен кѳрген едик.
17. Себеби қүдиретли ҳєм уллы Кудайдан Ийсаға: «Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман», – деген саза еситилгенде, Ол Кудай Єкеден даңқ ҳєм салтанат алды.
18. Оның менен бирге мухаддес таўда болғанымызда, аспаннан келген усы сазаны бизлер де еситтик.
19. Жєне бизлерде еле де исенимлирек болған пайғамбарлардың сѳзлери бар. Таң атып, таң жулдызы жарқырағандай, жүреклериңиз толық түсиник алатуғын күнге дейин қараңғы жерде нурын шашқан шыраға уқсаған пайғамбарлардың сѳзлерине дыққат аўдарсаңыз, жақсы қыласызлар.
20. Алды менен мынаны билип қойыңлар: Мухаддес Жазыўда болған ҳеш бир пайғамбаршылық сѳзин ҳеш кимге ѳз бетинше түсиндириўге болмайды.
21. Ѳйткени ҳеш бир пайғамбаршылық сѳзи адамның қєлеўи менен айтылған емес. Ал Мухаддес Руўх тєрепинен басқарылған адамлар Кудайдың сѳзлерин айтқан.

1. Бирақ, бурын Израил халқы арасында жалған пайғамбарлардың болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да жалған устазлар болады. Олар араңызға жасырын түрде азғын тєлийматлар киргизип, ҳєтте, ѳзлерин Ѳз қанын тѳлеп сатып алған Ийесин де тєн алмайды. Солай етип, бундайлардың ис-ҳєрекети оларды тез арада набыт болыўға алып келеди.
2. Кѳп адамлар олардың бузықлығына ереди. Олар себепли ҳақыйқат жолына тил тийеди.
3. Олар нєпсиқаўлық пенен, ѳзлери ойлап тапқан жалған сѳзлер айтып, сизлерден пайдаланады. Олардың ҳүкими єўелден-ақ таяр турған болып, олар кѳп кешикпей набыт етиледи.
4. Себеби Кудай гүна ислеген периштелерди де аямаған. Оларды ҳүким етилетуғын күнге дейин сақлансын деп, тас түнек дозаққа ылақтырып, қараңғылыққа қамап қойыпты.
5. Кудай қудайсызлардың дүньясына суў тасқынын жибергенде, єййемги дүньяны да аямады. Бирақ, ҳақыйқатлық жаршысы болған Нухты ҳєм оннан басқа жети адамды аман сақлап қалды.
6. Содом ҳєм Гомора қалаларын да ҳүким етип, күлге айландырды. Бул арқалы келешекте қудайсызлардың басына түсетуғынларды мысал етип кѳрсетти.
7. Ал ар-намыссыз адамлардың бузықлығынан азап шеккен ҳақ адам Лутты Кудай қутқарды.
8. Олардың арасында жасаған бул ҳақ адамның олардың наҳақ ислерин кѳрип ҳєм еситип турып, пєк кеўли күн сайын қыйналатуғын еди.
9. Солай етип, Кудай Ѳз жолы менен жүретуғын адамларды қыйыншылықлардан қалай қутқарыўды ҳєм наҳақ адамларды ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнине дейин қалай сақлап, жазалаўды биледи.
10. Єсиресе ѳзиниң гүнакар тєбиятының бузық қєлеўлерине берилип, Кудайдың бийлигин менсинбейтуғын наҳақ адамлардың тєғдири усылай болады. Сол сыяқлы, уятсыз ҳєм ѳжет адамлар болған жалған устазлар уллылыққа ийе болғанларға тил тийгизиўден қорқпайды.
11. Периштелердиң күш ҳєм қүдирети жалған устазлардан анағурлым уллырақ болса да, периштелер Кудай алдында оларды масқаралап айыпламайды.
12. Бирақ бул жалған устазлар ѳзлери түсинбейтуғын затларға тил тийгизеди. Услап алынып набыт қылыныў ушын туўылған санасыз ҳєм тєбийғый сезим бойынша жасайтуғын ҳайўанлардай болған олар сол ҳайўанлар сыяқлы набыт болады.
13. Олар ислеген жаман ислерине ылайық жаза алады. Булар күндиз айшы-єширетке берилиўди ѳмирдиң мазмуны деп биледи. Сизлердиң жүзиңизди қара қылып, дақ түсиретуғын бул адамлар сизлер менен бирге зыяпатта отырғанда, ѳз ѳтиригинен рєҳєтленеди.
14. Олардың кѳзлери бузықшылыққа толған болып, олар үзликсиз гүна ислейди. Исеними ҳєлсиз адамларды жолдан азғыратуғын бул адамлар – нєпсиқаў ҳєм ғарғыс урған адамлар.
15. Туўры жолды таслап адасқан олар наҳақ жол менен пайда кѳриўди жақсы кѳрген Босор улы Балаамның жолын тутты.
16. Бирақ ол ислеген гүнасы ушын єшкара етилген еди: тилсиз ешек тилге кирди, ол адамдай болып сѳйлеп, пайғамбардың ақылсыз исине тосқынлық жасаған еди.
17. Бул адамлар суўсыз булақлар, даўыл айдаған думан. Олар ушын тас түнек қараңғылық таяр тур.
18. Ѳйткени олар надурыс жол менен жүретуғын адамлардан жаңа ғана қутылғанларды бос ҳєм лап сѳзлер менен алдап, гүнакар тєбияттың бузық қєлеўлерине баслайды.
19. Ѳзлери азғынлықтың қулы бола тура, оларға азатлықты ўєде етеди. Себеби адам неден жеңилсе, соның қулы болады-ғо.
20. Адамлар Ийемиз ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масихты билип, дүньяның напєкликлеринен қутылғаннан соң, жєне сол нєрселердиң дузағына түсип, олардан жеңилсе, онда кейинги аўҳалы бурынғыдан да бетер болады.
21. Ѳйткени ҳақыйқатлық жолын билгеннен соң, берилген мухаддес буйрықтан жүз бурғаннан гѳре, бул жолды ҳеш билмеген олар ушын жақсырақ болар еди.
22. Олардың ѳмиринде ушырасатуғын бундай аўҳалға мына нақыл сѳзлер туўры келеди: «Ийт ѳз қусығына қайтады, Шошқа жуўындырылғаннан соң, Барып батпаққа аўнайды».

1. Сүйикли туўысқанларым, бул мениң сизлерге жазып атырған екинши хатым.
2. Мен еки хатымда да мухаддес пайғамбарлардың алдын ала айтқан сѳзлери ҳєм Кутқарыўшы Ийемиздиң елшилери арқалы берген буйрығын еске түсириўиңиз ушын сизлерде пєк ой-пикирлерди оятыўға ҳєрекет еттим.
3. Ең алды менен мынаны билип қойыңлар: дүньяның ақырғы күнлеринде ѳз жаман қєлеўлерине еретуғын мазақ етиўшилер пайда болады. Олар сизлерди мазақ қылып:
4. «Ийеңиздиң қайтып келемен деген ўєдеси қєне? Ата-бабаларымыз дүньядан ѳткеннен бери, ҳємме нєрсе қалай жаратылған болса, еле солай турыпты-ғо», – дейди.
5. Себеби олар Кудайдың сѳзи менен аспанның жүдє єййемги ўақытларда бар болғанын ҳєм жердиң суў арқалы суўдан жаратылғанын жортаға билмегендей болады.
6. Сол ески дүнья да усы суў тасқынынан набыт болған еди.
7. Ал ҳєзирги аспан ҳєм жер болса, отта жаныў ушын Кудайдың сол сѳзи менен сақланып, қудайсыз адамлардың ҳүким етилип набыт болатуғын күнине шекем қорғалып турыпты.
8. Сүйикли туўысқанларым, бирақ тек мынаны естен шығармаңлар: Ийемиздиң нєзеринде бир күн мың жылдай, мың жыл бир күндей.
9. Айырымлар кешикти деп есаплағандай, Ийемиз ўєдесин орынлаўды кешиктирип атырған жоқ. Керисинше, Ол ҳеш кимниң набыт болыўын қєлемей, ҳєр бир адам тєўбе етсин деп, сизлер ушын сабырлылық пенен күтип турыпты.
10. Деген менен, Ийемиздиң қайтып келетуғын күни уры сыяқлы күтилмегенде келеди. Сол күни аспан уллы гүрсилди менен жоқ болады, аспан денелери жанып кетеди, жер ҳєм жер бетиндеги ҳєр бир нєрсе жанып күлге айланады.
11. Ҳємме нєрсе усы тєризде жоқ болып кететуғын болса, сизлер қандай адамлар болыўыңыз зєрүр? Сизлер мухаддес болып жасап, Кудайдың жолы менен жүриўиңиз керек.
12. Кудайдың күниниң келиўин сағына күтип, оның келиўин тезлетиўиңиз лазым. Ѳйткени сол күни аспан жанып жоқ болады, аспан денелери де күшли ыссыдан ерип кетеди.
13. Бирақ бизлер Кудайдың ўєдеси бойынша ҳақлық орнаған жаңа аспан менен жаңа жерди күтемиз.
14. Сонлықтан, ҳєй сүйикли туўысқанларым, усыларды күтип жүрген екенсиз, Кудайдың алдында кемшиликсиз ҳєм минсиз болыўға бар күшиңиз бенен ҳєрекет етип, тыныш жасаңлар.
15. Сүйикли туўысқанымыз Павелдиң де ѳзине берилген даналығы менен сизлерге жазғанындай, Ийемиздиң сабырлылығын қутқарылыў пурсаты деп есаплаңлар.
16. Павел барлық хатларында усы ҳаққында сѳз етеди. Оның хатларында түсиниўге қыйын болған базы бир жерлер бар. Надан ҳєм тыянақсыз адамлар басқа Мухаддес Жазыўларды бурмалағаны сыяқлы, буларды да бурмалайды. Усы ис-ҳєрекетлери оларды набыт болыўға алып келеди.
17. Солай етип, ҳєй сүйикли туўысқанларым, буларды алдын ала билип қойыңлар, ар-намыссыз адамларға ерип, ѳзлериңиздиң беккем негизиңизди жойтып қоймаўыңыз ушын сақ болыңлар.
18. Ийемиз ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масихтың мийримине бѳленип, Оны билиўде ѳсип барыңлар. Ҳєзир ҳєм мєңгиге Оған даңқ болсын! Аўмийин.

- Матта жазған Хош Хабар
- Марк жазған Хош Хабар
- Лука жазған Хош Хабар
- Юхан жазған Хош Хабар
- Елшилердиң ислери
- Яқыптың хаты
- Петрдиң биринши хаты
- Петрдиң екинши хаты
- Юханның биринши хаты
- Юханның екинши хаты
- Юханның ушинши хаты
- Яҳуданың хаты
- Римлилерге жазылған хат
- Коринфлилерге жазылған биринши хат
- Коринфлилерге жазылған екинши хат
- Галатиялыларға жазылған хат
- Ефеслилерге жазылған хат
- Филиплилерге жазылған хат
- Колосалыларға жазылған хат
- Салоникалыларға жазылған биринши хат
- Салоникалыларға жазылған екинши хат
- Тимофейге жазылған биринши хат
- Тимофейге жазылған екинши хат
- Титусқа жазылған хат
- Филимонға жазылған хат
- Еврейлерге жазылған хат
- Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян