Инжил Каракалпак
Петрдиң биринши хаты
1. Ийса Масихтың елшиси Петрден, Понт, Галатия, Кападокия, Азия ҳєм Битиния үлкелерине тарқалып кеткен, сол үлкелерде жат жерли болып жасаған, Кудай тєрепинен таңлап алынғанларға сєлем!
2. Ийса Масихқа бойсынып, Оның қаны үстилериңизге себилип тазаланыўыңыз ушын, Кудай Єке сизлерди єзелден-ақ таңлап алды ҳєм Мухаддес Руўх сизлерди мухаддес қылды. Сизлерге мийрим ҳєм тынышлық мол-мол етип берилсин!
3. Ийемиз Ийса Масихтың Єкеси – Кудайға алғыслар болсын! Себеби Ол Ѳзиниң шексиз мийрим-шєпєєти менен бизлерди жаңадан туўылдырды. Сонлықтан Ийса Масихтың ѳлимнен тирилиўи арқалы бизлерге жоғалмайтуғын үмит берди
4. ҳєм ширимейтуғын, пєк ҳєм ескирмейтуғын бир мийрасқа еристирди. Усы мийрас сизлер ушын аспанда сақлаўлы тур.
5. Заманның ақырында аян болыўға таяр турған қутқарылыўға ерисиўиңиз ушын, сизлер исенимиңиз арқалы Кудайдың қүдирети менен қорғалмақтасыз.
6. Усы себепли қуўанып, шадланыңлар. Ҳєзир қысқа бир ўақыт ҳєр түрли сынаўларға ушырағаныңызда азап шегиўге туўра келсе де,
7. бул исенимиңиздиң таза болыўы ушын пайдалы. Ѳйткени от пенен тазаланғанда жоқ болып кететуғын алтыннан қымбатлырақ болған исенимиңиз сынаўдан ѳтип, сизлер Ийса Масих келгенде, мақтаў, даңқ ҳєм ҳүрметке сазыўар боласызлар.
8. Сизлер Масихты кѳрмеген болсаңыз да, Оны сүйесизлер. Ҳєзир Оны кѳре алмасаңыз да, Оған исенип, сѳз бенен айтып жеткизиўге қыйын болған бир єжайып ҳєм уллы қуўаныш пенен шадланбақтасызлар.
9. Себеби исенимиңиздиң нєтийжесине, яғный жанларыңыздың қутқарылыўына ерисесизлер.
10. Сизлерге берилетуғын мийрим ҳаққында пайғамбаршылық етип айтқан пайғамбарлар бул қутқарылыў туўралы муқыятлап изленип изертледи.
11. Олардың ишинде болған Масихтың Руўхы Масихтың шегетуғын азаплары ҳєм сол азаплардан соң келетуғын уллылық ҳаққында алдын ала билдиргенде, олар булардың қай ўақытта ҳєм қалай болатуғынын изертледи.
12. Олардың изертлеп айтқанларының ѳзлериниң заманында емес, ал сизлердиң заманыңызда болатуғынын Кудай оларға ашық билдирди. Буларды, яғный Хош Хабарды аспаннан жиберилген Мухаддес Руўхтың қүдирети менен жєриялаўшылар сизлерге ҳєзир жєриялады. Ҳєтте, периштелер де буларды билиўди қатты қєлейди.
13. Солай етип, ақыл-ойыңызды ис-ҳєрекетке таярлап, сергек болыңлар. Ийса Масих келгенде сизлерге берилетуғын мийримнен толық үмит етиңлер.
14. Тил алғыш балалар сыяқлы болып, Кудайды билмеген ѳткен ѳмириңиздеги жаман қєлеўлериңиз бойынша жасамаңлар.
15. Керисинше, сизлерди шақырған Кудай мухаддес болғаны сыяқлы, сизлер де ҳєр бир ис-ҳєрекетиңизде мухаддес болыңлар.
16. Ѳйткени былай деп жазылған: «Мухаддес болыңлар, себеби Мен мухаддеспен».
17. Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, ҳєр бир адамды ислерине қарай ҳүким ететуғын Кудайды «Єке» деп шақыратуғын болсаңыз, жат жерли болып жасайтуғын бул дүньядағы ѳмириңизде Кудайдан қорқып жасаңлар.
18. Хабарыңыз бар, ата-бабаларыңыздан қалған пайдасыз ѳмир тєризинен гүмис ямаса алтын сыяқлы ѳткинши нєрселер менен сатып алынбадыңлар.
19. Ал Кудайдың минсиз ҳєм кемшиликсиз Козысы болған Масихтың бийбаҳа қаны менен сатып алынып қутқарылдыңлар.
20. Кудай дүньяны жаратпастан бурын усы мақсет пенен Масихты таңлап алып, Оны бул ақырғы күнлерде сизлер ушын жиберди.
21. Оны ѳлимнен тирилтип, даңққа еристирген Кудайға Ол арқалы исенесиз. Сол себепли исенимиңиз ҳєм үмитиңиз Кудайға қаратылған.
22. Ҳақыйқатқа бойсыныў арқалы ѳз жанларыңызды гүнадан тазалағанлықтан, туўысқанларыңызды туўысқанлық сүйиспеншилик пенен сүйесизлер. Солай етип, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер.
23. Сизлер ѳлетуғын нєсил арқалы емес, ал ѳлмейтуғын нєсил арқалы, яғный Кудайдың тири ҳєм мєңгилик сѳзи арқалы жаңадан туўылдыңыз.
24. Ѳйткени: «Пүткил адамзат шѳпке уқсайды, Оның барлық сєн-салтанаты да дала гүлиндей, Шѳп қуўрап қалар, гүллер тѳгилер.
25. Бирақ, Кудайдың сѳзи мєңги сақланар». Усы сѳз – сизлерге жєрияланған Хош Хабар.

1. Сонлықтан ҳєр қандай жаманлықты, ҳєр қыйлы ѳтирикти ҳєм еки жүзлиликти, күншилликти ҳєм ҳєр қандай ѳсекти қойыңлар!
2. Жаңа туўылған нєрестелердиң ана сүтине қуштар болғанындай, сизлер де руўхый таза сүт болған Кудайдың сѳзине қуштар болыңлар. Сонда азық алып ѳсип, қутқарыласызлар.
3. Себеби сизлер Ийемиздиң жақсылығын татып кѳрдиңлер.
4. Адамлар керексиз деп таслаған, бирақ Кудай тєрепинен таңланған бийбаҳа тири тасқа – Ийемиз Ийсаға келиңлер.
5. Сизлер де тири таслар сыяқлысызлар. Сонлықтан Кудай сизлерди руўхый Ибадатхана салыўда қолланып, Ийса Масих арқалы Ѳзине унайтуғын руўхый қурбанлық бериўиңиз ушын, мухаддес руўханийлер қылып атыр.
6. Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Мине, Мен Ѳзим таңлаған бийбаҳа бир тасты, мүйешке қойылатуғын тийкарғы тасты Ерусалимде орнатаман. Оған исенген адам ҳеш қашан уятқа қалмайды».
7. Исенетуғын сизлер ушын бул тас қымбатлы. Ал исенбейтуғынлар ушын Ол: «Курылысшылар керексиз деп таслаған тас, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды».
8. Жєне де, «сүрниктиретуғын ҳєм қулататуғын жартас болды». Исенбейтуғынлар Кудайдың сѳзин тыңламағаны ушын сүрнигеди. Бул олардың тєғдирине жазылған.
9. Бирақ сизлер Кудай тєрепинен таңланған адамлар, Патшаның руўханийлери, мухаддес миллет ҳєм Кудайға тийисли халықсыз. Сизлер ѳзлериңизди қараңғылықтан Ѳзиниң єжайып нурына шақырған Кудайдың таң қаларлық ислерин жєриялаў ушын таңландыңлар.
10. Бир ўақытлары Кудайдың халқы емес едиңлер. Бирақ енди Кудайдың халқысыз. Бир ўақытлары Кудайдың мийрим-шєпєєтин билмеген едиңлер, енди болса, Оның мийрим-шєпєєтин алдыңлар.
11. Сүйикли туўысқанларым, бул дүньяда жат жерли ҳєм қонақ болған сизлерге жалбарынаман, жаныңызға ҳєр қашан қарсы туратуғын денениң жаман қєлеўлеринен қашыңлар.
12. Исенбейтуғынлар арасында ҳадал ѳмир сүриңлер. Олар сизлерди жаманлық ислеўшилер, деп айыпласа да, жақсы ислериңизди кѳрип, Кудай келетуғын күни Оны алғыслайды.
13. Ийемиз Ийса ушын, адамлар орнатқан ҳєр қандай ҳєкимшиликке бойсыныңлар. Жоқары бийликке ийе патшаға ҳєм
14. жаманлық ислеўшилерди жазалаў, жақсылық ислеўшилерди хошаметлеў ушын патша тєрепинен жиберилген ҳєкимлерге бойсыныңлар.
15. Себеби Кудай сизлердиң жақсы ислериңиз арқалы ақылсыз адамлардың ѳсек сѳзлериниң тоқтаўын қєлейди.
16. Ал сизлер азат адамларсыз. Бирақ азатлығыңызды жаманлық ислеў ушын пайдаланбай, Кудайдың қуллары болып жасаңлар.
17. Ҳємме адамларға ҳүрмет кѳрсетиңлер. Исениўши туўысқанларыңызды сүйиңлер. Кудайдан қорқыңлар, патшаны сыйлаңлар.
18. Ҳєй қуллар, хожайынларыңызға бойсыныңлар! Олардың тек жақсы ҳєм мийримлилерин ғана емес, ал қаталларын да толық ҳүрмет етип, бойсыныңлар.
19. Егер ким де ким наҳақ азап шеккенде Кудайды ойлап, азапларға шыдаса, бул Кудайға унайды.
20. Егер гүна ислегениңиз ушын таяқ жегениңизде шыдасаңыз, бул сизлерге абырай єперер ме екен? Бирақ, жақсылық ислей тура азап шеккениңизде шыдасаңыз, бул Кудайға унайды.
21. Ѳйткени Кудай сизлерди усы ушын шақырды. Масихтың Ѳзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын ѳрнек кѳрсетти.
22. «Ол гүна ислемеди, аўзынан ҳеш жалған сѳз де шықпады».
23. Масқараланғанда ҳеш кимге масқаралаў менен жуўап қайтармады. Ол азап шеккенде де ҳеш кимди қорқытпады, ал Ѳзин єдиллик пенен ҳүким етиўши Кудайдың қолына тапсырды.
24. Бизлердиң гүна ушын ѳлип, ҳақ болып жасаўымыз ушын, Ол гүналарымызды атанақ ағашта Ѳз денесине жүкледи. Оның жарақатлары арқалы шыпа таптыңыз.
25. Бурын адасқан қойлар сыяқлы едиңиз, енди болса, жанларыңыздың Шопанына ҳєм Бағыўшысына қайтып келдиңлер.

1. Ҳєй ҳаяллар, Масих Кудайға бойсынғандай, сизлер де күйеўлериңизге бойсыныңлар.
2. Сонда олардың гейбиреўлери Кудайдың сѳзине қулақ аспаса да, сизлердиң Кудайдан қорқып, пєк ѳмир сүрип атырғаныңызды кѳрип, сѳзлериңиз арқалы емес, ал сиз, ҳаяллардың үлгили ѳмириңиз арқалы қолға киргизилип, исениўши болады.
3. Сулыўлығыңыз тек сыртқы безениўлерден: єшекѳйленген шашлар, тағылған алтынлар ҳєм сєнли кийимлерден ғана ибарат болмасын.
4. Ал сулыўлығыңыз сырлы болған ишки дүньяңыздан, яғный жумсақ ҳєм тыныш болған жоғалмайтуғын руўхый гѳззаллықтан ибарат болсын. Бул Кудай алдында жүдє қымбатлы.
5. Ѳтмиште Кудайдан үмит еткен мухаддес ҳаяллар да ѳз күйеўлерине бойсынып, усылай безенген.
6. Солардың бири Сара да ѳз күйеўи Ибрайымды «хожайыным» деп атап, оған бойсынды. Егер сизлер де жақсылық ислеп, ҳеш қандай қорқынышқа берилмесеңиз, Сараның қызлары боласызлар.
7. Ҳєй күйеўлер, сол сыяқлы сизлер де ҳаялларыңызды жақсы түсинип жасаңлар. Олардың нєзик екенин ҳєм мєңгилик ѳмирди сизлер менен бирге мийрас етип алатуғынын билип, оларды ҳүрмет етиңлер. Солай етсеңиз, дуўа еткениңизде тосқынлық болмайды.
8. Жуўмақластырып айтқанда, ҳєммеңиз бир нийет пенен бирлесиңлер. Басқалардың қуўаныш ҳєм қайғысын бѳлисиңлер. Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиңлер. Кайырқом ҳєм кишипейил болыңлар.
9. Жаманлыққа жаманлық, ғарғысқа ғарғыс пенен жуўап қайтармаңлар. Керисинше, жақсылық пенен жуўап қайтарыңлар. Себеби Кудай сизлерди бул ушын шақырған.
10. «Ким де ким ѳмирди сүйип, жақсы күнлер келиўин қєлесе, тилин жаман сѳзден, аўзын ѳтирик сѳз айтыўдан тыйсын.
11. Жаманлықтан қашып, жақсылық ислесин. Тынышлық излеп, оны орнатыўға умтылсын.
12. Ѳйткени Кудайдың кѳзлери ҳақ адамларда, Оның қулағы олардың жалбарыныўларын еситеди. Бирақ Кудай жаманлық ислейтуғынларға қарсы турады».
13. Жақсылық ислеўге инталы болсаңыз, ким сизлерге жаманлық ислейди?
14. Ҳақ ислериңиз ушын азап шегип атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Адамлардың қорқытқанынан қорқпаңлар ҳєм қєўетерленбеңлер.
15. Масихты «Ийемиз» деп, кеўиллериңизде айрықша қєстерлеңлер. Сизлердеги үмит ҳаққында сораған ҳєр бир адамға жуўап бериўге ҳємме ўақыт таяр болыңлар.
16. Деген менен, буны мүлєйимлилик пенен, ҳүрмет кѳрсетип ислеңлер. Масихқа тийисли болған сизлердиң жақсы жүрис-турысыңызды жаманлап мазақ ететуғынлар уялып қалыўы ушын, ҳүжданыңызды таза тутыңлар.
17. Жақсылық етип азап шегиў Кудайдың қєлеўи болса, бул жаманлық ислеп азап шегиўден жақсырақ.
18. Масихтың Ѳзи де ҳақ бола тура, наҳақлар ушын азап шекти. Ол бизлерди Кудайға алып келиў ушын, гүналарымыз ушын бир мєртебе қурбан болды. Денеси ѳлтирилсе де, Ол руўхта тирилди.
19. Ол, ҳєтте, қамақта болған руўхларға да барып, Ѳз жеңисин жєриялады.
20. Єййемги ўақытлары Нухтың заманында кеме соғылғанда, Кудай адамлардың тєўбе етиўин сабырлылық пенен күтсе де, олар Оған бойсынбаған еди. Сол кемеге аз ғана адам, яғный сегиз адам минип, суўдан қутқарылды.
21. Бул – Ийса Масихтың қайта тирилиўи арқалы ҳєзир сизлерди қутқаратуғын суўға шомылдырылыўдың тымсалы. Суўға шомылдырылыў денени кирден тазалаў емес, ал Кудайдан пєк ҳүждан сораў дегенди билдиреди.
22. Масих аспанға кѳтерилип, Кудайдың оң жағында отыр. Оған периштелер, аспандағы бийлеўшилер ҳєм күш ийелери бойсынды.

1. Солай етип, Масих денеси менен азап шекти. Сизлер де Масихта болған ойлар менен ѳзлериңизди азап шегиўге таярлаңлар. Себеби денеси азап шегип атырған адам гүна ислеўди тоқтатады.
2. Буннан былай, дүньядағы ѳмириңиздиң қалған бѳлегинде адамның жаман қєлеўлери бойынша емес, ал Кудайдың ерки бойынша жасаңлар.
3. Сизлердиң ѳткен ѳмириңизде исенбейтуғын адамларға жағатуғын єдетлерди ислеп жасағаныңыз жетер! Сол ўақытлары сизлер бузықшылыққа, жаман қєлеўлерге, мєскүнемликке, айшы-єширетке, нєпсиқаўлыққа ҳєм жеркенишли бутпаразлыққа берилип, ѳмир сүрген едиңлер.
4. Енди болса, исенбейтуғынлар сизлердиң олар менен бирликте усындай нєпсиқумарлықта қатнаспағаныңыз себепли ҳайран болып, сизлерди мазақ етип атыр.
5. Бирақ олар буның ушын тирилер менен ѳлилерди ҳүким етиўге таяр турған Кудай алдында жуўап береди.
6. Сол себепли, ѳлилердиң денеси басқалар қатары ѳлип жазаланса да, руўхы Кудай сыяқлы жасаўы ушын, Хош Хабар ѳлилерге де жєрияланды.
7. Ҳємме нєрсениң ақыры жақын. Сонлықтан дуўа етиў ушын ақыл менен ис тутып, сергек болыңлар!
8. Ең баслысы, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер. Ѳйткени сүйиспеншилик кѳп гүналарды жуўады.
9. Наразылық билдирмей, бир-бириңизге миймандос болыңлар.
10. Ҳєр бириңиз жақсы хызметши сыпатында Кудайдың сизлерге мийримлилик пенен берген ҳєр түрли руўхый сыйларын қоллана отырып, бир-бириңизге хызмет етиңлер.
11. Адамлар алдында сѳйлеген адам Кудайдың сѳзине сай сѳйлесин. Басқаларға хызмет ететуғын адам Кудайдың берген күши менен хызмет етсин. Усылайынша, Ийса Масих арқалы Кудай ҳєр бир исте алғыслансын. Уллылық ҳєм қүдирет мєңгиге Масихтики. Аўмийин.
12. Сүйикли туўысқанларым, сизлерди сынаў ушын келетуғын аўыр азапты таң қаларлық нєрсе деп, ҳайран болмаңлар.
13. Керисинше, Масихтың азапларына шерик болғаныңызға қуўаныңлар. Солай етип, Масих салтанат пенен келгенде, қуўанып шадланасызлар.
14. Масихтың аты ушын масқараланып атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Себеби Кудайдың уллы Руўхы үстиңизде болады.
15. Жєне ҳеш бириңиз адам ѳлтириўши, уры, жаманлық ислеўши ямаса басқалардың жумысына араласып, кесент беретуғын болып, азап шекпесин.
16. Бирақ сизлер масихый болғаныңыз ушын азап шегип атырған болсаңыз, уялмаңлар. Ал бул ат пенен аталатуғыныңыз ушын Кудайды алғыслаңлар.
17. Ѳйткени ҳүким шығарылатуғын ўақыт жетип келди. Ҳүким шығарыўды Кудай Ѳз шаңарағынан баслайды. Егер бул Кудайдың шаңарағы болған бизлерден басланса, Кудайдың Хош Хабарына қулақ аспайтуғынлардың ақыры қандай болады?
18. «Егер ҳақ адам зорға қутқарылса, Кудайсыз ҳєм гүнакар адамға не болады?»
19. Сонлықтан Кудайдың еркине бойсынып, азап шеккенлер жақсылық ислеп, жанларын исенимли Жаратқанға тапсырсын.

1. Араңыздағы жємєєт ақсақалларына олардай жємєєт ақсақалы болған мен, Масихтың шеккен азапларының гүўасы ҳєм Ол қайтып келгенде ашық кѳринетуғын салтанатының шериклеси сыпатында мыналарды ѳтиниш етемен:
2. Кудайдың сизлерге тапсырған сүриўин мєжбүрий түрде емес, ал шын кеўилден, Кудайдың еркине сай қылып бағыңлар. Буны ақша ушын пайдакүнемлик пенен емес, ал ѳз қєлеўиңиз бенен ислеңлер.
3. Ѳзлериңизге тапсырылған адамларға үстемлик етпей, сүриўге үлги болыңлар.
4. Солай етсеңиз, бас Шопан келгенде, мєңги уллылықтың тажын аласызлар.
5. Ҳєй жаслар, сол сыяқлы сизлер де ақсақалларға бойсыныңлар. Ҳєммеңиз бир-бириңиз бенен кишипейил қатнаста болыңлар. Себеби: «Кудай менменлерге қарсы турады, Бирақ кишипейиллилерге Ѳз мийримин береди».
6. Сонлықтан ѳзлериңизди Кудайдың қүдиретли қолы астында пєс тутыңлар. Сонда белгиленген ўақыт келгенде, Ол сизлерди мєртебели етеди.
7. Барлық ғам-тєшиўишлериңизди Оған тапсырыңлар. Ѳйткени Ол сизлерге ғамхорлық қылады.
8. Сақ ҳєм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр.
9. Исенимде беккем болып, шайтанға қарсы турыңлар. Себеби дүньяның басқа жерлериндеги туўысқанларыңыздың бирдей азап шегип атырғанынан хабарыңыз бар.
10. Пүткил мийримниң тийкары болған Кудай сизлерди Ийса Масих арқалы Ѳзиниң мєңгилик салтанатына шақырды. Кысқа ўақыт азап шеккениңизден соң, Ол сизлерди Ѳзи жетилистиреди, беккемлейди, күш-қуўат береди ҳєм тыянақлы қылады.
11. Күдирет мєңгиге Оныки болсын! Аўмийин.
12. Мен сизлерге усы қысқаша хатымды ѳзим исенимли туўысқаным деп есаплайтуғын Силаға жаздырып атырман. Сизлерди жигерлендирип, бул хатта айтқанларымның Кудайдың ҳақыйқый мийрими екени ҳаққында гүўалық беремен. Усы мийрим менен беккем турыңлар.
13. Сизлер менен бирге таңланған Бабилондағы исениўшилер жємєєти ҳєм тутынған улым Марк сизлерге сєлем айтып атыр.
14. Бир-бириңизди сүйиспеншилик пенен сүйип, сєлемлесиңлер. Масихқа тийисли болған сизлердиң ҳєммеңизге тынышлық яр болсын!

- Матта жазған Хош Хабар
- Марк жазған Хош Хабар
- Лука жазған Хош Хабар
- Юхан жазған Хош Хабар
- Елшилердиң ислери
- Яқыптың хаты
- Петрдиң биринши хаты
- Петрдиң екинши хаты
- Юханның биринши хаты
- Юханның екинши хаты
- Юханның ушинши хаты
- Яҳуданың хаты
- Римлилерге жазылған хат
- Коринфлилерге жазылған биринши хат
- Коринфлилерге жазылған екинши хат
- Галатиялыларға жазылған хат
- Ефеслилерге жазылған хат
- Филиплилерге жазылған хат
- Колосалыларға жазылған хат
- Салоникалыларға жазылған биринши хат
- Салоникалыларға жазылған екинши хат
- Тимофейге жазылған биринши хат
- Тимофейге жазылған екинши хат
- Титусқа жазылған хат
- Филимонға жазылған хат
- Еврейлерге жазылған хат
- Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян