Инжил Каракалпак
Лука жазған Хош Хабар
2. Олар бул ўақыяларға бастан-ақ гүўа болғанлардың ҳәм Хош Хабарды жәриялаўшылардың бизлерге жеткизген нәрселерин жазған еди.
3. -
4. Солай етип, ҳүрметли Теофил, ѳзиңизге үйретилген бул тәлийматтың ҳақыйқый екенин сиз де билиўиңиз ушын, мен де бастан-аяқ ҳәммесин муқыятлап үйренип шығып, барлық ўақыяларды избе-излик пенен сизге жазыўды мақул таптым.
5. Яҳудия елинде, патша Ҳирод заманында, Абия топарынан Зекерия атлы бир руўханий бар еди. Оның ҳаялы Харон әўладынан шыққан болып, аты Елизабета еди.
6. Олардың екеўи де Ќудай алдында ҳақ адамлар болып, Жаратқан Ийемиздиң барлық буйрық ҳәм қағыйдаларын булжытпай орынлап жасайтуғын еди.
7. Елизабета нәсилсиз болғанлықтан, олар бийперзент еди. Және екеўи де қартайған еди.
8. Күнлердиң биринде ѳз топарының гезеги келип, Зекерия Ќудай алдында руўханийлик хызметин атқарып турғанда,
9. руўханийлердиң әдети бойынша хош ийисли затларды түтетиў ушын, Жаратқан Ийемиздиң Ибадатханасындағы Мухаддесханаға кириў шеги оған түсти.
10. Хош ийисли затларды түтетиў ўақтында жыйналған халықтың ҳәммеси сыртта дуўа етип тур еди.
11. Сонда Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси хош ийисли затлар түтетилетуғын орынның оң тәрепинде пайда болып, Зекерияға кѳринди.
12. Оны кѳрген Зекерия қорқып, албырап қалды.
13. Бирақ периште оған былай деди: – Ќорқпа, Зекерия! Сениң еткен дуўаң қабыл болды. Ҳаялың Елизабета саған ул туўып береди, оның атын Яқыя деп қоясаң.
14. Ол саған қуўаныш ҳәм шадлық алып келеди. Оның дүньяға келгенине кѳп адамлар қуўанады.
15. Себеби ол Ќудай нәзеринде уллы адам болып, ҳеш арақ-шарап ишпейди. Анасының қурсағында жатырғаннан баслап, Мухаддес Руўхқа толады.
16. Ол Израил перзентлериниң кѳбисин олардың Жаратқан Ийеси – Ќудайға қайтарады.
17. Єкелерди балалары менен жарастырып, бойсынбайтуғынларды ҳақ адамлардың даналық жолына түсирип, халықты Ийемиздиң келиўине таярлаў ушын, ол Илиястың руўхы ҳәм қүдирети менен Ийемиздиң алдында жүрип келеди.
18. Сонда Зекерия периштеге: – Булардың рас екенин мен қаяқтан билемен? Ѳйткени мен ғаррыман, ҳаялым да қартайған-ғо, – деди.
19. Периште оған жуўап берип: – Мен Ќудай алдында турыўшы Жабрайылман. Сениң менен сѳйлесип, саған усы хош хабарды жеткизиў ушын жиберилгенмен.
20. Бирақ, ўақты келгенде орынланатуғын сѳзлериме исенбегениң ушын, усылар әмелге аспағанша сѳйлей алмай, гүң болып қаласаң, – деди.
21. Сол ўақытта Зекерияны күтип турған халық оның Мухаддесханада иркилип атырғанына ҳайран болды.
22. Зекерия сыртқа шыққанда, халыққа сѳйлей алмай қалды. Сонда халық оның Мухаддесханада аян кѳргенин түсинди. Зекерия гүң болып қалып, халық пенен ымласып сѳйлести.
23. Ѳзиниң хызмет ететуғын күнлери тамам болғаннан кейин, Зекерия үйине қайтты.
24. Арадан күнлер ѳткеннен соң, оның ҳаялы Елизабета ҳәмледар болып, бес ай жасырынып жүрди.
25. «Жаратқан Ийем маған нәзер аўдарған күнлерде бул исти ислеп, адамлар алдындағы масқарашылықты меннен алып таслады», – деди ол.
26. Елизабетаның ҳәмледар болғанына алты ай толғанда, Ќудай Жабрайыл периштени Галила үлкесиниң Насыра деп аталатуғын қаласына,
27. Даўыт әўладынан шыққан Юсуп деген жигитке атастырылған бир қызға жиберди. Ќыздың аты Мәриям еди.
28. Периште үйге кирип, оған: – Сәлем саған, Ќудай жарылқаған! Жаратқан Ийемиз сениң менен бирге, – деди.
29. Мәриям периштениң сѳзлерине аң-таң болды ҳәм бул қандай сәлемлесиў болды екен деп, ойланып қалды.
30. Периште оған былай деди: – Ќорқпа, Мәриям, сен Ќудайдың мийримине еристиң!
31. Мине, сен ҳәмледар болып, Ул туўасаң ҳәм Оның атын Ийса деп қоясаң.
32. Ол уллы болып, Ќүдиретли Ќудайдың Улы деп аталады. Жаратқан Ийемиз – Ќудай Оған бабасы Даўыттың тахтын береди.
33. Ол Яқып халқының үстинен мәңгиге патшалық етеди ҳәм Оның патшалығының шеги болмайды.
34. Мәриям периштеден: – Мен ер адамға жақынламаған болсам, бул қалай болады? – деп сорады.
35. Периште оған жуўап берип: – Сениң үстиңе Мухаддес Руўх түседи ҳәм Ќүдиретли Ќудайдың күши саған саясын салады. Сонлықтан да, сеннен туўылажақ Мухаддес Бала – Ќудайдың Улы деп аталады.
36. Мине, нәсилсиз деп саналған сениң ағайин апаң Елизабета да қартайғанда ул балаға ҳәмледар болды. Оның ҳәмледар болғанына алты ай толды.
37. Себеби Ќудайдың қолынан келмейтуғын нәрсе жоқ, – деди.
38. Сонда Мәриям: – Мен – Жаратқан Ийемниң бендесимен, айтқаныңдай болсын, – деди. Соннан соң, периште оның жанынан кетти.
39. Сол күнлерде Мәриям жолға шығып, тезлик пенен таўлы Яҳудия елиндеги бир қалаға кетти.
40. Ол Зекерияның үйине кирип, Елизабетаға сәлем берди.
41. Елизабета Мәриямның сәлемин еситкенде, оның ишиндеги нәресте тыпырлап кетти. Елизабета Мухаддес Руўхқа толып,
42. даўыслап былай деди: – Ҳаяллар арасында сен жарылқанғансаң, сениң ишиңдеги Нәресте де жарылқанған!
43. Ийемниң анасы келетуғындай, мен киммен?
44. Мине, сениң сәлем берген даўысың қулағыма жеткенде, ишимдеги нәресте қуўаныштан тыпырлап қоя берди.
45. Исенген ҳаял қандай бахытлы! Ѳйткени Жаратқан Ийемниң оған айтқанлары орынланады.
46. Сонда Мәриям былай деди: «Жаным Жаратқан Ийемди алғыслар.
47. Ќутқарыўшым Ќудайға руўхым шадланар.
48. Себеби Ол Ѳзиниң арзымас бендесине нәзерин аўдарды. Енди мени барлық әўладлар „бахытлы“ деп атайды.
49. Ѳйткени Ќүдиретли Ќудай маған уллы ислер иследи. Оның аты мухаддес.
50. Ол әўладтан-әўладқа, Ѳзинен қорққанларға мийрим-шәпәәтин береди.
51. Ѳз қолы менен қүдиретин кѳрсетип, кеўиллеринде менмен ойлары бар адамларды пытыратты.
52. Ҳүкимдарларды тахттан түсирип, ғәрип-қәсерлерди жоқары кѳтерди.
53. Аш болғанларды ийгилик берип тойдырып, бай болғанларды қуры қол қайтарды.
54. -
55. Ата-бабамызға берген ўәдеси бойынша, Ибрайымға ҳәм оның урпағына мийрим-шәпәәт етиўди мәңги есте тутып, хызметшиси Израилға жәрдем етти».
56. Мәриям Елизабета менен үш айдай бирге болып, соңынан үйине қайтып кетти.
57. Елизабетаның босанатуғын ўақты келип, ол ул туўды.
58. Ќоңсылары менен ағайинлери Жаратқан Ийемиздиң оған үлкен мийрим-шәпәәт кѳрсеткенин еситип, оның қуўанышын бѳлисти.
59. Олар сегизинши күни баланы сүннетлеўге алып барды ҳәм оған Зекерия деп, әкесиниң атын қоймақшы болды.
60. Бирақ баланың анасы: – Яқ, оның аты Яқыя болсын, – деди.
61. Олар Елизабетаға: – Ағайин-туўғанларыңның арасында бундай ат ҳеш кимде жоқ-ғо, – деп,
62. әкесинен балаға қандай ат қоймақшы екенин ымлап сорады.
63. Зекерия жазыў тахтайшасын талап қылды да: «Оның аты Яқыя болсын», – деп жазды. Буған ҳәмме аң-таң болысты.
64. Сол ўақытта-ақ Зекерия тилге кирип, Ќудайды алғыслап сѳйлей баслады.
65. Єтирапында жасаўшыларды қорқыныш бийледи ҳәм пүткил таўлы Яҳудия ели бойлап усылар ҳаққында сѳз тарқады.
66. Еситкенлердиң ҳәммеси буны кеўиллеринде сақлап: «Бул нәресте ким болар екен?» – дейтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийемиздиң қүдирети оның менен бирге еди.
67. Нәрестениң әкеси Зекерия Мухаддес Руўхқа толып, пайғамбаршылық етип былай деди:
68. «Израилдың Жаратқан Ийеси – Ќудай алғыслансын! Ѳйткени Ол келип, Ѳз халқы ушын тѳлем тѳлеп, оны қутқарды.
69. -
70. Ѳзиниң мухаддес пайғамбарлары арқалы әййемнен айтқанындай, Ол бизлер ушын Ѳз хызметшиси Даўыттың урпағынан шыққан қүдиретли Ќутқарыўшыны берди.
71. Ќудай бизлерди душпанларымыздан ҳәм бизлерди жек кѳриўшилердиң қолынан қутқарды.
72. Бизлердиң ата-бабаларымызға ўәде еткен мийримлилигин кѳрсетип, Ѳз мухаддес келисимин,
73. бабамыз Ибрайымға берген антын еске алды.
74. -
75. Ол бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарып, қорқпастан, ѳмир бойы Оның алдында мухаддес ҳәм ҳақ болып, Оған хызмет қылыўымызға мүмкиншилик берди.
76. Ал сен, балам, Ќүдиретли Ќудайдың пайғамбары деп аталасаң. Себеби сен Ийемиздиң алдынан жүрип, Оның жолын таярлайсаң.
77. Оның халқына гүналарының кеширилип, қутқарылатуғынын жәриялайсаң.
78. -
79. Ќараңғыда ҳәм ѳлим саясында жасап атырғанларға нур түсириў ушын ҳәм бизлерге тынышлыққа қарай жол кѳрсетиў ушын, Ќудайдың уллы мийрим-шәпәәти аспаннан таң болып атады».
80. Ал нәресте ѳсип, руўхый күшке толып барды ҳәм Израил халқының алдында кѳринетуғын күнге дейин шѳл далада жасады.
2. Бул биринши дизимнен ѳтиў Кирини Сирияға ҳәкимлик қылған заманда болды.
3. Ҳәр бир адам дизимнен ѳтиў ушын ѳз қаласына барды.
4. Юсуп те Галиладағы Насыра қаласынан жолға шығып, Яҳудиядағы Бейтлеҳем деп аталған Даўыттың қаласына келди. Ѳйткени ол Даўыттың урпағынан еди.
5. Дизимнен ѳтиў ушын, оның менен бирге қалыңлығы болған ҳәмледар Мәриям да барды.
6. Олар сол жерде болғанда Мәриямның айы-күни толып,
7. туңғыш Улын туўды. Оны қундақлап, бир ақырға жатқызды, себеби мийманханада оларға орын жоқ еди.
8. Сол әтирапта шопанлар болып, олар түнде ѳз падасын далада қараўыллайтуғын еди.
9. Тосаттан олардың алдында Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, Ийемиздиң салтанаты олардың әтирапын жарқыратып жиберди. Олар қатты қорқып кетти.
10. Периште оларға: – Ќорқпаңлар! Мен сизлерге ҳәмме адамларды шексиз қуўандыратуғын хош хабар жәриялайман.
11. Бүгин Даўыттың қаласында сизлер ушын Ќутқарыўшы туўылды. Ол – Ийемиз Масих.
12. Сизлер ушын оның белгиси мынадай: сизлер ақырда қундақлаўлы жатырған Нәрестени табасызлар, – деди.
13. Бирден периштениң қасында аспандағы периштелердиң үлкен топары пайда болды ҳәм былай деп Ќудайды алғыслады:
14. «Аспанда Ќудай алғыслансын, Ќудайға унайтуғын жердеги адамларға тынышлық болсын!»
15. Периштелер аспанға кѳтерилгеннен соң, шопанлар бир-бирине: – Жүриңлер, Бейтлеҳемге барайық. Жаратқан Ийемиз бизлерге билдирген, сол жүз берген ўақыяны кѳрейик, – дести.
16. Олар асығыслық пенен келип, Мәриям менен Юсупты ҳәм ақырда жатырған Нәрестени тапты.
17. Оны кѳрип, периштелерден Нәресте ҳаққында еситкенлерин айтып берди.
18. Буны еситкен адамлардың ҳәммеси шопанлардың сѳзлерине таң қалысты.
19. Ал Мәриям бул сѳзлерди жүрегинде сақлап, ойлап жүрди.
20. Шопанлар ѳзлерине айтылғанлардың ҳәммесин еситип-кѳргенлери ушын Ќудайды алғыслап, мақтаў айтып, қайтып кетти.
21. Арадан сегиз күн ѳтип, Нәрестени сүннет еткенде, Оның атын Ийса деп қойды. Мәриям ҳәмледар болмасынан бурын, периште Оған усы атты берген еди.
22. Муўсаның Нызамы бойынша тазаланыў күнлери тамам болғанда, Юсуп пенен Мәриям Ийсаны Жаратқан Ийемизге арнаў ушын, Оны Ерусалимге алып келди.
23. Ѳйткени Жаратқан Ийемиздиң Нызамында: «Туўылған ҳәр бир туңғыш ул Жаратқан Ийемизге арналсын», – деп жазылған.
24. Және Жаратқан Ийемиздиң Нызамында айтылғандай, олар «жуп қумыры ямаса кептердиң еки палапанын» қурбан етпекши болды.
25. Сол ўақытта Ерусалимде Шимон атлы бир адам бар еди. Ол ҳақ ҳәм диншил адам болып, Израилдың тәселле табыўын интизарлық пенен күтип жүр еди. Мухаддес Руўх оған яр еди.
26. Жаратқан Ийемиз жиберген Масихты кѳрмегенше ѳлмейтуғынын оған Мухаддес Руўх алдын ала айтқан еди.
27. Шимон Мухаддес Руўхтың басқарыўында Ибадатханаға келди. Ийсаның ата-анасы Мухаддес Нызам бойынша тийисли үрп-әдетлерди орынлаў ушын Оны Ибадатханаға алып келгенде,
28. Шимон Оны қолына алып, Ќудайды алғыслап былай деди:
29. «О, Ќүдиретли Ийем, Ѳзиң айтқаныңдай, енди қулыңды бул дүньядан тынышлық пенен жибересең.
30. -
31. Себеби кѳзлерим Сениң ҳәмме халықлар ушын таярлап қойған қутқарыўыңды кѳрди:
32. Ол басқа миллетлердиң кѳзин ашатуғын нур болып, Сениң халқың Израилға даңқ келтиреди».
33. Нәрестениң ата-анасы Ол туўралы айтылған сѳзлерге таң қалысты.
34. Шимон оларға пәтиясын берип, Оның анасы Мәриямға: – Мине, бул Нәресте Израилда кѳп адамлардың қулаўына ҳәм қайта тиклениўине себепши болады. Ол Ийемиздиң белгиси болып, Ол себепли кѳп талас-тартыслар келип шығады.
35. Сонда кѳп адамлардың жүреклериниң түпкириндеги ой-қыяллары әшкара болып, ал сениң кеўлиңе ҳәсирет қылышы суғылады, – деди.
36. Сол жерде Ашер урыўынан шыққан Пануелдиң қызы Анна атлы, жүдә қартайған бир пайғамбар ҳаял да бар еди. Ол турмысқа шыққаннан соң, күйеўи менен жети жыл жасады.
37. Соңынан сексен тѳрт жасына дейин жесир болып, Ибадатханадан шықпай ораза тутып ҳәм дуўа етип, күни-түни Ќудайға сыйынатуғын еди.
38. Сол ўақытта ол да жақынлап келип, Ќудайға шүкирлик билдирди ҳәм Ерусалимниң қутқарылыў күнин күткенлердиң ҳәммесине Нәресте ҳаққында айтып берди.
39. Юсуп пенен Мәриям Жаратқан Ийемиздиң Нызамы бойынша барлық тийисли нәрселерди орынлап болғаннан соң, Галиладағы ѳз қаласы Насыраға қайтып келди.
40. Нәресте ѳсип, күш пенен ақыл-даналыққа толысып барды ҳәм Ќудайдың мийрими Оның үстинде еди.
41. Ийсаның ата-анасы ҳәр жылы Ќутқарылыў байрамында Ерусалимге баратуғын еди.
42. Ийса он еки жасқа толғанда, олар әдеттегидей Ерусалимге байрамлаўға келди.
43. Байрам күнлери тамам болғаннан соң, олар үйине қарай жолға шықты, ал жас ѳспирим Ийса Ерусалимде қалып қойған еди. Бирақ буны ата-анасы билмеди.
44. Олар Ийсаны басқалар менен киятыр деп ойлап, бир күнлик жолды басып ѳткеннен соң, Оны ағайинлери менен танысларының арасынан изледи.
45. Таппағаннан кейин, Оны излеп Ерусалимге қайтып барды.
46. Үш күннен соң, олар Ийсаны Ибадатханадан тапты. Ол диний муғаллимлердиң ортасында олардың сѳзлерин тыңлап, сораўлар берип отырған еди.
47. Тыңлап отырғанлардың ҳәммеси Оның ақылына ҳәм берген жуўапларына ҳайран қалысты.
48. Ата-анасы Ийсаны кѳрип, аң-таң болды ҳәм анасы Оған: – Балам, Сен неге бизлерге бундай иследиң? Єкең менен екеўимиз қатты қайғырып, Сени изледик, – деди.
49. Ийса оларға: – Мени излеўдиң неге кереги бар еди? Єкемниң үйинде болыўым керек екенин билмедиңиз бе? – деди.
50. Бирақ олар Ийсаның айтқан сѳзлерин түсинбеди.
51. Ийса олар менен бирге Насыра қаласына қайтып келип, олардың тилин алып жүрди. Ал Оның анасы болған ўақыялардың ҳәммесин кеўлинде сақлады.
52. Ийсаның жасы да, ақыл-даналығы да ѳсип, Ќудайдың ҳәм адамлардың сүйиспеншилигине бѳленип барды.
2. Ал Ханна менен Каяфа бас руўханий еди. Сонда шѳл далада жасап атырған Зекерияның улы Яқыяға Ќудайдың сѳзи түсти.
3. Яқыя Иордан әтирапындағы барлық үлкелерди аралап, адамларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди.
4. Бул Ийшая пайғамбардың китабында жазылғанға туўры келеди: «Шѳл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады: Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!
5. Барлық ойпатлықлар толтырылсын, Таў-тѳбелер пәске шѳксин, Ќыйсық жоллар дүзетилсин, Будыр жерлер тегисленсин.
6. Сонда пүткил адамзат Ќудайдың қутқаратуғынын кѳреди».
7. Яқыя шомылдырылыўға келген аламанға былай деди: – Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти?
8. Егер сизлер тәўбе еткен болсаңлар, буған ылайық жемис бериңлер! Және: «Ата тегимиз Ибрайым ата-ғо», – деп ишлериңизден ойламаңлар. Сизлерге айтатуғыным: Ќудай Ибрайымға мына таслардан да урпақ жасап бере алады.
9. Ағашлардың тамырында ҳәзирдиң ѳзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады.
10. Сонда халық оннан: – Олай болса, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
11. Яқыя оларға: – Кимниң еки кийими болса, биреўин кийими жоққа берсин. Кимниң аўқаты болса, ол да солай ислесин, – деп жуўап берди.
12. Салықшылар да шомылдырылыў ушын келип, Яқыядан: – Устаз, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
13. Яқыя оларға: – Белгиленгенинен артық талап етпеңлер, – деди.
14. Єскерлер де оннан: – Ал бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. Яқыя оларға: – Ҳеш кимди тонамаңлар, ҳеш кимге жала жаппаңлар, ѳз ис ҳақыңызға қанаат етиңлер, – деди.
15. Үмит етип күтип турған халықтың ҳәммеси Яқыя туўралы ишлеринен: – Бул Масих емес пе екен? – деп ойлады.
16. Яқыя ҳәммесине жуўап берип: – Мен сизлерди суў менен шомылдыраман, бирақ меннен кейин қүдиретли Биреў киятыр. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады.
17. Оның жабасы қолында. Ол Ѳз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сѳнбес отқа жандырады, – деди.
18. Яқыя халыққа басқа да кѳп нәсият айтып, Хош Хабарды жәриялап жүрди.
19. Үлке ҳүкимдары Ҳирод ѳз инисиниң ҳаялы Ҳиродия себепли ҳәм басқа да барлық жаман ислери ушын, Яқыя тәрепинен әшкара етилген еди.
20. Ҳирод бурынғы ислеген жаманлықларына қоса Яқыяны қаматып таслады.
21. Пүткил халық шомылдырылғанда, Ийса да шомылдырылды. Ол дуўа еткенде аспан ашылып,
22. Мухаддес Руўх кептер пишинде Оның үстине түсти. Сонда аспаннан: – Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман, – деген саза еситилди.
23. Ийса Ѳз хызметин баслағанда отызлар шамасында еди. Адамлар Оны Юсуптың улы сыпатында таныйтуғын еди. Ал Юсуп Ели улы,
24. Ели Маттат улы, Маттат Лебий улы, Лебий Малкий улы, Малкий Янай улы, Янай Юсуп улы,
25. Юсуп Маттатия улы, Маттатия Амос улы, Амос Нахум улы, Нахум Ҳесли улы, Ҳесли Нагай улы, Нагай
26. Махат улы, Махат Маттатия улы, Маттатия Шимий улы, Шимий Юсех улы, Юсех Юда улы,
27. Юда Юханан улы, Юханан Реша улы, Реша Зерубабел улы, Зерубабел Шалтиел улы, Шалтиел Нерий улы,
28. Нерий Малкий улы, Малкий Аддий улы, Аддий Ќосам улы, Ќосам Елмадам улы, Елмадам Ер улы,
29. Ер Ешу улы, Ешу Елиезер улы, Елиезер Иорым улы, Иорым Маттат улы, Маттат Лебий улы,
30. Лебий Шимон улы, Шимон Яҳуда улы, Яҳуда Юсуп улы, Юсуп Ионам улы, Ионам Елиаким улы,
31. Елиаким Мала улы, Мала Менна улы, Менна Маттата улы, Маттата Натан улы, Натан Даўыт улы,
32. Даўыт Ишай улы, Ишай Обид улы, Обид Боаз улы, Боаз Салмон улы, Салмон Наҳшон улы,
33. Наҳшон Аминадаб улы, Аминадаб Рам улы, Рам Ҳесрон улы, Ҳесрон Парес улы, Парес Яҳуда улы,
34. Яҳуда Яқып улы, Яқып Ысақ улы, Ысақ Ибрайым улы, Ибрайым Терах улы, Терах Нахор улы,
35. Нахор Серук улы, Серук Реу улы, Реу Пелек улы, Пелек Ебер улы, Ебер Шалаҳ улы,
36. Шалаҳ Кенан улы, Кенан Арпакшат улы, Арпакшат Сам улы, Сам Нух улы, Нух Ламек улы,
37. Ламек Метушелах улы, Метушелах Енок улы, Енок Ярет улы, Ярет Махалалел улы, Махалалел Кенан улы,
38. Кенан Енош улы, Енош Шит улы, Шит Адам-ата улы, ал Адам-ата Ќудай улы.
2. Оны шайтан сол жерде қырық күн сынады. Ол бул күнлери ҳеш нәрсе жемеди. Олар ѳткеннен соң, ақыры аш болды.
3. Сонда шайтан Ийсаға: – Егер Сен Ќудайдың Улы болсаң, мына тасқа буйыр, ол нанға айлансын, – деди.
4. Ийса оған жуўап берип: – Мухаддес Жазыўда: «Адам тек ғана нан менен жасамайды», – деп айтылған, – деди.
5. Сонда шайтан Ийсаны бир бийик жерге шығарды да, Оған бир демде дүньяның барлық патшалықларын кѳрсетип,
6. Оған: – Мен усы мәмлекетлердиң пүткил бийлигин ҳәм олардың сән-салтанатларын Саған беремен. Ѳйткени олар маған берилген, оларды қәлеген адамыма беремен.
7. Егер маған табынсаң, ҳәммеси Сеники болады, – деди.
8. Ийса оған жуўап берип: – Мухаддес Жазыўда: «Ќудай-Ийеңе сыйынып, тек Оған хызмет ет», – деп айтылған-ғо, – деди.
9. Соңынан шайтан Ийсаны Ерусалимге апарып, Ибадатхананың тѳбесине турғызып қойды да, Оған: – Егер Сен Ќудайдың Улы болсаң, Ѳзиңди бул жерден тѳменге тасла,
10. себеби былай деп жазылған-ғо: «Ол Ѳз периштелерине Сени сақлап қалыўға буйрық береди.
11. Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени қолларында кѳтерип алып кетеди», – деди.
12. Ийса шайтанға: – «Ќудай-Ийеңди сынама!», – деп айтылған-ғо, – деди.
13. Шайтан ҳәмме сынаўларын тамамлағаннан кейин, ўақытша Ийсаның қасынан кетти.
14. Мухаддес Руўхтың күшине толған Ийса Галилаға қайтып келди ҳәм Ол туўралы хабар пүткил дѳгерекке тарқады.
15. Ийса олардың мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Ол ҳәмме адамлар тәрепинен алғысланды.
16. Ийса Ѳзи ѳскен Насыра қаласына келип, Ѳз әдети бойынша дем алыс күни мәжилисханаға кирди. Ийса оқыў ушын орнынан турғанда,
17. Оған Ийшая пайғамбардың китабы берилди. Ол китапты ашып, мына аятлар жазылған жерди тапты:
18. -
19. «Жаратқан Ийемниң Руўхы Мениң үстимде. Ѳйткени Ол Мени жарлыларға Хош Хабар жәриялаў ушын тайынлады. Ол Мени тутқынлардың азат болатуғынын, соқырлардың кѳретуғынын хабарлаўға, азап шеккенлердиң еркинликке шығыўы ушын ҳәм Жаратқан Ийемиздиң мийримлилик жылын жәриялаў ушын жиберди».
20. Соңынан Ийса китапты жаўды да, оны хызметкерге берип, орнына отырды. Мәжилисханадағы ҳәмме адамлар Оған тигилип қалды.
21. Ийса оларға сѳйлей баслап: – Усы Мухаддес Жазыўлар бүгин, сизлер еситкен ўақытта орынланды, – деди.
22. Ҳәмме Ийсаны мақтады ҳәм Оның аўзынан шыққан шешен сѳзлерине ҳайран қалысып: – Бул – Юсуптың баласы емес пе? – дести.
23. Ийса оларға былай деди: – Сизлер, әлбетте, Маған: «Шыпакер, ѳзиңди ѳзиң емле», – деген нақылды айтып, «Бизлер Капарнаҳумда ислеген ислериң ҳаққында еситтик. Бул жерде, Ѳз ана журтыңда да соларды исле!» – демекшисизлер.
24. Ийса даўам етип: – Сизлерге шынын айтаман: ҳеш бир пайғамбар ѳз ўатанында қабыл алынбайды.
25. Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Илияс пайғамбардың заманында үш жыл, алты ай аспан жаўылып, жаўын болмай, елде аўыр ашаршылық болғанда, Израил елинде кѳп жесир ҳаяллар бар еди.
26. Бирақ Илияс олардың ҳеш биреўине жиберилмей, тек Сидон елиниң Сарафат қаласындағы бир жесир ҳаялға жиберилген еди.
27. Сол сыяқлы, Елиша пайғамбардың заманында да Израилда мақаў кесел болып аўырғанлар кѳп еди. Бирақ, тек сириялы Наманнан басқа ҳеш ким аўырыўынан жазылған жоқ, – деди.
28. Буны еситкен мәжилисханадағылардың барлығы қатты ашыўға минди.
29. Орынларынан турып, Ийсаны қаладан қуўып шығарды да, Оны тик жардан таслап жибериў ушын, сол қала қурылған таўдың басына алып барды.
30. Бирақ Ийса олардың арасынан ѳтип, Ѳз жолына түсти.
31. Ийса Галиладағы Капарнаҳум қаласына келди ҳәм дем алыс күни халыққа тәлим берди.
32. Халық Ийсаның тәлимине ҳайран қалды, себеби Оның сѳзинде бийлик бар еди.
33. Мәжилисханада жинге шалынған, жаўыз руўхлы бир адам бар еди. Ол бәлент даўыс пенен бақырып:
34. – О, Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Ќудайдың Мухаддесисең! – деди.
35. Ийса оған кейип: – Үниңди ѳшир де, оннан шығып кет! – деди. Сонда жин адамды ҳәммениң кѳз алдында жерге қулатты да, ҳеш зыян тийгизбей, оннан шығып кетти.
36. Ҳәмме таң қалысып, бир-бирине: – Бул не гәп? Ол жаўыз руўхларға бийлик ҳәм қүдирет пенен буйрық бергенде, олар шығып кетеди-ғо, – дести.
37. Солай етип, Ийса туўралы хабар сол үлкедеги барлық жерлерге жайылды.
38. Ийса мәжилисханадан шығып, Симонның үйине барды. Симонның қәйин енесиниң қатты ыссылығы кѳтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсадан оны кѳриўди ѳтиниш етти.
39. Ийса ҳаялдың бас ушында турып ыссылыққа тыйым салғанда, ҳаялдың ыссылығы түсти. Ҳаял дәрриў орнынан турып, оларға хызмет етти.
40. Ќуяш батарда ҳәмме ҳәр түрли кеселлерге шалынған адамларын Ийсаға алып келди. Ийса олардың ҳәр бириниң үстине қолын қойып, шыпа берди.
41. Кѳп адамлардан жинлер шығып баратырып: «Сен – Ќудайдың Улысаң!» – деп бақыратуғын еди. Бирақ Ийса оларға кейип, сѳйлеўге тыйым салды. Ѳйткени олар Оның Масих екенин билетуғын еди.
42. Таң атқанда Ийса үйден шығып, аўлақ жерге кетти. Халық Оны излеп қасына келди ҳәм оларды таслап кетпеўи ушын, Оны алып қалмақшы болды.
43. Бирақ Ийса оларға: – Ќудай Патшалығы туўралы Хош Хабарды басқа қалаларда да жәриялаўым керек, себеби Мен сол ушын жиберилгенмен, – деди.
44. Солай етип, Ийса Яҳудиядағы мәжилисханаларда ўаз айтып жүрди.
2. Сонда Ийса кѳлдиң жағасында турған еки қайықты кѳрди. Ал балықшылар қайықтан түсип, аўларын жуўып атырған еди.
3. Ќайықлардың бири Симонға тийисли еди. Ийса оған минип, Симоннан жағадан бираз арманырақ жүзип барыўын ѳтинди де, қайықта отырып, халыққа тәлим бере баслады.
4. Сѳзин тамамлағаннан соң, Симонға: – Тереңирек жерге жүзип барып, балыққа аў сал, – деди.
5. Симон Оған жуўап берип: – Устаз! Бизлер түни менен мийнет етип, ҳеш нәрсе тута алмадық. Бирақ, Сениң сѳзиң бойынша аў саламан, – деди.
6. Олар усылай ислегенде, кѳп балық тутқанлығы соншелли, ҳәтте, аўлары да жыртыла баслады.
7. Сонда олар басқа қайықтағы шериклерине белги берип, жәрдемлесиўге шақырды. Жолдаслары келип, еки қайықты да суўға батар дәрежеде балыққа толтырды.
8. Буны кѳрген Симон Петр Ийсаның аяғына жығылып: – Ийем! Мениң қасымнан кет, ѳйткени мен гүнакар адамман, – деди.
9. Себеби ѳзлериниң буншама кѳп балық аўлағанына ѳзи де, қасындағылар да ҳайран қалған еди.
10. Симонның шериклери болған Зебедейдиң уллары Яқып пенен Юхан да усындай аўҳалда еди. Ийса Симонға: – Ќорқпа, буннан былай адамларды аўлайтуғын боласаң, – деди.
11. Сонда олар қайықларын жағаға шығарды да, ҳәммесин қалдырып, Ийсаның изине ерди.
12. Ийса бир қалада болғанда, пүткил денеси мақаў кесел болған бир адам келди. Ол Ийсаны кѳрип, аяғына жығылды да: – Ийем! Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деп жалынды.
13. Ийса қолын созып, оған тийгизди де: – Ќәлеймен, тазалан! – деди. Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланды.
14. Ийса оған: – Буны ҳеш кимге айтпа! Тек руўханийге барып, ѳзиңди кѳрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деп буйырды.
15. Бирақ Ийса ҳаққында хабар бурынғыдан да кѳбирек жайылды. Кѳп халық Оны тыңлап, аўырыўларына шыпа алыў ушын, Оның алдына ағып келе берди.
16. Ал Ийса аўлақ жерге барып, дуўа ететуғын еди.
17. Бир күни Ийса тәлим берип отырғанда, Галила менен Яҳудияның барлық аўылларынан ҳәм Ерусалимнен келген парисейлер менен диний муғаллимлер Оның қасында еди. Ал Ийсада аўырыўларға шыпа бериўши Жаратқан Ийемиздиң қүдирети бар еди.
18. Сонда биреўлер ләң болған адамды тѳсеги менен кѳтерип алып келди. Олар Ийсаның алдына оны қойыў ушын, үйге киргизиўге тырысты.
19. Адамлардың кѳплигинен алып кире алмаған олар тамның басына шықты. Оны ашты да, ләң адамды тѳсеги менен ортаға, Ийсаның алдына түсирди.
20. Ийса олардың исенимин кѳрип: – Достым, сениң гүналарың кеширилди, – деди.
21. Диний муғаллимлер менен парисейлер: «Ќудайға тил тийгизип турған Бул ким? Гүналарды жалғыз Ќудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ишлеринен ойлай баслады.
22. Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға: – Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар?
23. Ќайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса: «Орныңнан турып, жүре бер», – деў ме?
24. Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деп жуўап берди де, ләң адамға: – Саған айтаман: орныңнан турып, тѳсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди.
25. Сонда ләң адам ҳәммениң кѳз алдында дәрҳал орнынан турып, ѳзи жатқан тѳсегин алды да, Ќудайды алғыслап үйине қайтты.
26. Ҳәмме қатты таң қалысып, Ќудайға мақтаўлар айтты. Олар қорқынышқа толып: – Бизлер бүгин таң қаларлық ислер кѳрдик, – дести.
27. Соннан кейин, Ийса сол жерден шығып, салық кеңсесинде отырған Лебий атлы салықшыны кѳрди де, оған: – Изиме ер! – деди.
28. Ол орнынан турды да, ҳәмме нәрсесин қалдырып, Ийсаның изине ерди.
29. Лебий ѳз үйинде Ийса ушын үлкен зыяпат иследи. Олар менен бирге кѳплеген салықшылар ҳәм басқа да адамлар дастурханлас болды.
30. Парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсаның шәкиртлерине наразылық билдирип: – Сизлер неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ишип-жеп отырсызлар? – деди.
31. Ийса оларға жуўап берип: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж.
32. Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды тәўбеге шақырыўға келдим, – деди.
33. Олар Ийсаға: – Яқыяның шәкиртлери жийи-жийи ораза тутып, дуўа етеди. Парисейлердиң шәкиртлери де солай ислейди. Ал Сениң шәкиртлериң ишип-жеп жүрипти, – деди.
34. Ийса оларға: – Күйеў ѳзлери менен бирге болғанда, тойға келгенлерди ораза тутыўға мәжбүр ете аласызлар ма?
35. Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады, – деди.
36. Ийса оларға және бир тымсал айтып, былай деди: – Ҳеш ким жаңа кийимнен жыртып алып, ески кийимге жамаў салмайды. Олай етсе, жаңа кийим де жыртылып қалады, жаңа жамаў да ески кийимге үйлеспейди.
37. Ҳеш ким жаңа шарапты да ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап мести жарып ағып кетеди, мес те бузылады.
38. Жаңа шарапты жаңа меске қуйыў керек.
39. Ҳеш ким ески шарапты ишип кѳрип, жаңасын қәлемейди: ѳйткени «ескиси жақсырақ», – дейди.
2. Гейпара парисейлер оларға: – Сизлер неге дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атырсызлар? – деди.
3. Ийса оларға жуўап берип: – Ѳзи де, қасындағылар да аш болғанда Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма?
4. Ол Ќудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын Ќудайға арналған нанларды ѳзи де жеп, қасындағыларға да берген емес пе? – деди.
5. Және оларға: – Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди.
6. Ийса басқа бир дем алыс күни мәжилисханаға кирип, тәлим бере баслады. Сол жерде оң қолы ләң бир адам бар еди.
7. Диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсадан айып табыў ушын, дем алыс күни аўырыўларға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды.
8. Бирақ Ийса олардың усы ойын билип, қолы ләң адамға: – Орныңнан турып, ортаға шық, – деди. Ол орнынан турып, ортаға шықты.
9. Сонда Ийса оларға: – Сизлерге бир сораў берейин: нызам бойынша дем алыс күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деди.
10. Ийса әтирапындағылардың ҳәммесине қарап шықты да, қолы ләң адамға: – Ќолыңды соз, – деди. Ол солай ислегенде, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды.
11. Сонда олар қатты ашыўға минип, Ийсаға не ислеў керек екенин ѳз ара кеңесе баслады.
12. Сол күнлери Ийса дуўа етиў ушын таўға шықты ҳәм түнди Ќудайға дуўа етиў менен ѳткизди.
13. Таң атқанда, Ѳз шәкиртлерин жанына шақырып алып, арасынан он екисин таңлап алды да, оларды «елшилер» деп атады.
14. Олар: Ийса Петр деп атаған Симон ҳәм оның иниси Андрей, Яқып пенен Юхан, Филип пенен Бартоломей,
15. Матта менен Томас, Алпейдиң улы Яқып пенен ўатансүйер деп аталған Симон,
16. Яқыптың улы Яҳуда ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.
17. Ийса олар менен бирге таўдан тѳмен түсип, бир тегислик жерге келип турды. Сол жерде Оның кѳплеген шәкиртлери, пүткил Яҳудия ҳәм Ерусалимнен, Тир ҳәм Сидондағы үлкен теңиз жағасынан келген кѳп халық бар еди.
18. Олар Ийсаны тыңлаўға ҳәм ѳз кеселликлерине шыпа табыўға келген еди. Жаўыз руўхлардан азап шеккен адамлар да келип, шыпа тапты.
19. Пүткил халық Ийсаға қол тийгизиўге тырысатуғын еди. Себеби Оннан күш шығып, ҳәммеге шыпа беретуғын еди.
20. Ийса шәкиртлерине қарап былай деди: – Жарлы болғанлар, сизлер бахытлысызлар! Себеби Ќудайдың Патшалығы сизлердики.
21. Ҳәзир аш болып жүргенлер, сизлер бахытлысызлар! Себеби тоқ боласызлар. Ҳәзир жылап жүргенлер, сизлер бахытлысызлар! Себеби күлесизлер.
22. Адамлар сизлерди Адам Улы ушын жек кѳрсе, араларынан шетлетсе, хорлап, атларыңызға дақ түсирсе, сизлер бахытлысызлар!
23. Сол күни қуўанып, шадлыққа бѳлениңлер! Ѳйткени сизлердиң аспандағы сыйлығыңыз үлкен. Олардың ата-бабалары да пайғамбарларға усылай ислеген.
24. Бирақ, ҳәй байлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер ѳз ҳәзлигиңизди әлле қашан алып болдыңлар.
25. Ҳәзир тоқ болғанлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер аш қаласызлар. Ҳәзир күлип атырғанлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер ѳкирип жылайсызлар.
26. Ҳәмме сизлерди мақтаса, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби олардың ата-бабалары жалған пайғамбарларға усылай ислеген.
27. – Бирақ, Мени тыңлап отырған сизлерге айтатуғыным: Душпанларыңызды сүйиңлер, ѳзлериңизди жек кѳретуғынларға жақсылық ислеңлер.
28. Сизлерди ғарғайтуғынларға жақсы тилек тилеңлер, қапа қылатуғынлар ушын дуўа етиңлер.
29. Бетиңниң бир жағына урғанға екинши бетиңди де тут. Шапаныңды тартып алғанға кѳйлегиңди де алыўға рухсат ет!
30. Сеннен сораған ҳәр бир адамға бер, сеникин алғаннан қайтарып бериўди талап қылма!
31. Адамлардың сизлерге не ислегенин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер!
32. Егер сизлер ѳзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да ѳзлерин сүйгенлерди сүйеди-ғо.
33. Егер ѳзлериңизге жақсылық ислегенлерге ғана жақсылық ислесеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да усылай ислейди-ғо.
34. Егер сизлер қайтарып алыўдан үмит етип, қарыз берсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да қанша қарыз берсе, сонша қайтарып алыў ушын, гүнакарларға қарыз береди-ғо.
35. Бирақ сизлер душпанларыңызды сүйиңлер. Жақсылық қылып, ҳеш нәрсе дәметпей, қарыз бериңлер. Сонда сизлер үлкен сыйлық алып, қүдиретли Ќудайдың балалары боласызлар. Ѳйткени Ол жақсылықты билмейтуғынларға да, жаман адамларға да мийримли.
36. Солай етип, Єкеңиз мийрим-шәпәәтли болғаны сыяқлы, сизлер де мийрим-шәпәәтли болыңлар.
37. – Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсиз. Айыпламаңлар, сонда сизлер де айыпланбайсыз. Кешириңлер, сонда сизлер де кеширилесиз.
38. Бериңлер, сонда сизлерге де бериледи. Басып, силкитип толтырылған, тасып тѳгилген мѳлшер менен етеклериңизге салып бериледи. Сизлер қандай ѳлшем менен ѳлшеп берсеңлер, Ќудай да сизлерге сондай ѳлшем менен ѳлшеп береди.
39. Ийса оларға және бир тымсал айтты: – Соқырды соқыр жетелеп жүре ала ма? Екеўи де бир шуқырға қулап түспей ме?
40. Шәкирт устазынан уллы емес. Бирақ ҳәр бир адам билимин жетилистиргеннен кейин, ѳз устазындай болады.
41. Сен неге туўысқаныңның кѳзиндеги шѳпти кѳрип турып, ѳз кѳзиңдеги қаданы сезбейсең?
42. Ѳз кѳзиңдеги қаданы кѳрмей турып, қалай: «Туўысқаным, қәне, кѳзиңдеги шѳпти шығарып алайын», – деп туўысқаныңа айта аласаң? Ҳәй, еки жүзли! Дәслеп ѳз кѳзиңдеги қаданы шығар, сонда анық кѳрип, туўысқаныңның кѳзиндеги шѳпти шығара аласаң.
43. – Жаман мийўе беретуғын жақсы терек ҳәм жақсы мийўе беретуғын жаман терек жоқ.
44. Ҳәр бир терек мийўесинен билинеди: ҳеш ким шеңгелден әнжир жыйнамайды, тикенликтен жүзим термейди.
45. Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады. Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо.
46. Неге сизлер Мени: «Ийем, Ийем» деп шақырып, айтқанларымды қылмайсызлар?
47. Маған келип, сѳзлеримди тыңлап, оларды орынлайтуғын адамның кимге уқсайтуғынын сизлерге айтайын:
48. ол – жерди терең етип қазып, тийкарын жар тас үстине қалап, үй салған адамға уқсайды. Сел тасып, сол үйди соққылағанда, үй беккем салынғанлығы себепли, оны қозғалта алмайды.
49. Бирақ сѳзлеримди еситсе де, оны орынламайтуғын адам үйин жер үстине тийкарсыз салған адамға уқсайды. Суўлар тасып, бул үйди соққылағанда, ол сол ўақытта-ақ қулап, қатты қыйралып қалады.
2. Сол жерде бир римли жүзбасының қәдирлейтуғын хызметшиси аўырып, ѳлим тѳсегинде жатырған еди.
3. Жүзбасы Ийса туўралы еситип, Ол келип, хызметшиме шыпа бермес пе екен деп, ѳтиниш етиў ушын, Оған яҳудийлердиң ақсақалларын жиберди.
4. Олар Ийсаның қасына келди де, қатты ѳтиниш етип: – Ол Сениң жәрдем бериўиңе минәсип.
5. Себеби ол халқымызды жақсы кѳреди, бизлерге мәжилисхана да салып берди, – деди.
6. Ийса олар менен бирге кетти. Ол үйге жақынлап қалғанда, жүзбасы Оған досларын жиберип, былай деп айтқызды: – Єўере болмай-ақ қой, Ийем! Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен.
7. Сонлықтан ѳзимниң Саған барыўымды да минәсип кѳрмедим. Тек бир сѳз айтсаң болды, хызметшим жазылып кетеди.
8. Ѳйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, ѳзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине: «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди. Ќулыма: «мынаны исле» десем, ислейди.
9. Бул сѳзлерди еситкен Ийса таң қалды ҳәм изине ерип киятырған халыққа бурылып: – Сизлерге айтатуғыным: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим, – деди.
10. Жиберилгенлер үйге қайтып келгенде, аўырыў хызметшиниң жазылып кеткенин кѳрди.
11. Арадан кѳп ѳтпей, Ийса Наин деген қалаға келди. Оның менен шәкиртлери ҳәм кѳп халық бирге жүрди.
12. Ийса қала дәрўазасына жақынлағанда, бир жесир ҳаялдың жалғыз баласының ѳлигин кѳтерип шығарып атыр еди. Ќаланың кѳп адамлары ҳаял менен бирге жүрип киятыр еди.
13. Ийемиз ҳаялды кѳргенде жаны ашып: – Жылама! – деди.
14. Ийса жақынлап келип, табытқа қолын тийгизгенде, табыт кѳтерип киятырғанлар тоқтап қалды. Ол: – Ҳәй жас жигит, саған айтаман: орныңнан тур! – деди.
15. Ѳли тикейип отырды да, сѳйлей баслады. Ийса оны анасына тапсырды.
16. Ҳәммени қорқыныш бийлеп: – Арамызда уллы пайғамбар пайда болды. Ќудай Ѳз халқына жәрдемге келди, – деп Ќудайға алғыс айтты.
17. Ийса туўралы бул хабар пүткил Яҳудия үлкесине ҳәм дѳгеректеги жерлерге жайылды.
18. Шәкиртлери Яқыяға болып ѳткен ўақыялар ҳаққында хабарлады.
19. Яқыя шәкиртлериниң екеўин шақырып алып: «Келетуғын Ќутқарыўшы Сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп сораў ушын, оларды Ийемизге жиберди.
20. Олар Ийсаға келип: – Шомылдырыўшы Яқыя бизлерди: «Келетуғын Ќутқарыўшы Сен бе ямаса басқасын күтейик пе?» – деп сораў ушын, Саған жиберди, – деди.
21. Сол ўақытта Ийса аўырыў менен кеселлерге ҳәм жаўыз руўхларға шалынған кѳплеген адамларға шыпа берип, кѳп соқырлардың кѳзин ашқан еди.
22. Ийса оларға жуўап берип: – Барыңлар, еситип-кѳргенлериңизди Яқыяға билдириңлер. Соқырлардың кѳрип, ақсақ болғанлардың жүрип, мақаў кесел болғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, ѳлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер.
23. Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы! – деди.
24. Яқыяның жиберген адамлары қайтып кеткеннен соң, Ийса халыққа Яқыя туўралы былай деп айта баслады: – Сизлер шѳл далаға нени кѳриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма?
25. Нени кѳриўге бардыңлар? Жипек кийим кийген бир адамды ма? Бирақ ҳасыл кийим кийип, байлықта жасайтуғынлар патша сарайларында болады-ғо.
26. Солай етип, нени кѳриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы.
27. Бул адам ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Мине, Мен Сеннен бурын Ѳз хабаршымды жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды алдыңнан таярлап қояды».
28. Сизлерге айтатуғыным: ҳаялдан туўылғанлардың арасында Шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Ќудай Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы.
29. Буны еситкен пүткил халық, ҳәтте, салықшылар да Ќудайдың ҳақлығын мойынлады. Себеби олар Яқыяның қолынан шомылдырылған еди.
30. Бирақ парисейлер менен нызам муғаллимлери Ќудайдың оларға арнаған еркин қабыл алмады. Ѳйткени олар Яқыяның қолынан шомылдырылыўдан бас тартқан еди.
31. Ийса және: – Ҳәзирги әўладтың адамларын кимге уқсатайын, олар кимлерге мегзейди?
32. Олар базарда бир-бирине қышқырысып: «Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ сизлер ойнамадыңлар! Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ сизлер жыламадыңлар!» – деп отырған балаларға уқсайды.
33. Себеби Шомылдырыўшы Яқыя келип, нан да жемеди, шарап та ишпеди. Ал сизлер оны: «Жин урған», – дейсизлер.
34. Адам Улы келип, жеп те, ишип те жүр, сизлер Оны: «Мине, тамақсаў ҳәм арақхор адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – дейсизлер.
35. Ал Ќудайдың даналығы оны қабыл ететуғынлардың ҳәммеси арқалы ақланады, – деди.
36. Парисейлердиң бири Ийсаны аўқатқа мирәт етти. Ийса парисейдиң үйине кирип, дастурхан әтирапына отырды.
37. Сол қалада жасаўшы бир гүнакар ҳаял Ийсаның парисейдиң үйинде, дастурхан басында отырғанын билип, ишинде әтир майы бар мәрмер ыдыс алып келди.
38. Ол артта, Ийсаның аяқ бетинде турып жылап, кѳз жасларын Ийсаның аяқларына тѳге баслады ҳәм оларды шашлары менен сүртти. Оның аяқларын сүйип, ийис май менен майлады.
39. Ийсаны мирәт еткен парисей буны кѳрип, ишинен: – Егер Ол пайғамбар болса, Оған қолын тийгизип турған ҳаялдың кимлигин ҳәм оның қандай ҳаял екенин билер еди. Ол – гүнакар ҳаял-ғо, – деди.
40. Ийса оған: – Симон, саған айтатуғын бир аўыз сѳзим бар, – деди. – Айта бер, Устаз! – деди Симон.
41. Ийса оған: – Бир қарыз бериўшиниң еки қарыздары бар екен: биреўиниң бес жүз, екиншисиниң елиў динар қарызы болыпты.
42. Бирақ олардың тѳлейтуғын ҳеш нәрсеси болмағанлықтан, ол екеўиниң де қарызынан кешипти. Ќәне, айтшы, олардың қайсысы оны кѳбирек сүйеди? – деди.
43. Симон: – Мениң ойымша: қарызы кѳбирек кеширилгени, – деп жуўап берди. – Дурыс айтасаң, – деди Ийса оған.
44. Соңынан ҳаялға бурылып, Симонға: – Бул ҳаялды кѳрип турсаң ба? Үйиңе келгенимде, сен Маған аяқларымды жуўатуғын суў да бермедиң. Ал ол кѳз жаслары менен аяқларымды жуўып, шашлары менен сүртти.
45. Сен Мени сүймедиң, ал ол Мен келгеннен бери аяқларымды тоқтамастан сүйип атыр.
46. Сен басыма май да жақпадың, ал ол аяқларыма ийис май жақты.
47. Сонлықтан саған айтатуғыным: оның кѳп гүналары кеширилди. Сүйиспеншилигиниң күшли болыўының себеби – сол. Ким аз кеширилсе, сол аз сүйеди, – деди.
48. Соңынан ҳаялға: – Гүналарың кеширилди, – деди.
49. Сонда Ийса менен бирге дастурхан басында отырғанлар ѳз ара: – Гүналарды да кеширетуғын бул ким ѳзи? – дести.
50. Ал Ийса ҳаялға: – Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди.
2. және де, жаўыз руўхлардан ҳәм аўырыўлардан азат болған бир неше ҳаяллар да болды. Олар: ишинен жети жин шыққан магдалалы деп аталған Мәриям,
3. Ҳиродтың сарай басқарыўшысы Хузаның ҳаялы Юханна, Сузанна ҳәм басқа да кѳплеген ҳаяллар Ийсаға ҳәм Оның шәкиртлерине ѳз мал-мүлки менен хызмет ететуғын еди.
4. Ҳәр түрли қалалардан адамлар келип, кѳп халық жыйналғанда, Ийса тымсал менен сѳз баслады:
5. – Бир туқым себиўши ѳз туқымын себиўге шығыпты. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, аяқ астында басылып қалыпты. Аспандағы қуслар оларды шоқып, жеп қойыпты.
6. Гейбиреўлери таслақ жерге түсип, кѳгерип шығыпты. Бирақ ығаллық аз болғанлықтан, қуўрап қалыпты.
7. Гейбиреўлери тикенлер арасына түсип, тикенлер олар менен бирге ѳсип, туншықтырып таслапты.
8. Ал басқалары ѳнимли жерге түсип, ѳсип шығыпты ҳәм жүз есе зүрәәт берипти. Ийса усыларды айтып болғаннан соң даўыслап: – Ќулағы бар жақсылап еситип алсын! – деди.
9. Шәкиртлери Ийсадан: – Бул тымсал нени аңлатады? – деп сорады.
10. Ийса оларға былай деди: – Ќудай Патшалығының сырларын билиў сизлерге берилген, ал басқаларға тымсал менен айтылады. Сонлықтан да: «Олар қараса да, кѳрмейди, Еситсе де, түсинбейди».
11. – Ал бул тымсалдың мәниси мынадай: туқым – бул Ќудайдың сѳзи.
12. Жол шетине түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сѳзди еситеди, бирақ соң шайтан келип, олардың жүреклериндеги сѳзди алып кетеди. Сонлықтан олар исене алмайды ҳәм қутқарылмайды.
13. Таслақ жерге түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сѳзди еситип, қуўаныш пенен қабыл етеди, бирақ тамырсыз болғанлықтан ўақытша ғана исенип, сынаў ўақты келгенде исенимнен қайтады.
14. Ал тикенлер арасына түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сѳзди еситеди, бирақ ѳмирдиң тәшиўишлери, байлық ҳәм ҳәзликлер астында туншығып, олардың зүрәәти писпей қалады.
15. Ал ѳнимли топыраққа түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сѳзди еситип, жақсы ҳәм пәк кеўиллеринде сақлап, шыдамлылық пенен зүрәәт береди.
16. Ҳеш ким шыраны жағып, оны ыдыс пенен жаўып ямаса кәттиң астына қоймайды. Керисинше, киргенлер жақтылық кѳрсин деп, оны шыра қойғышқа қояды.
17. Ѳйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, мәлим ҳәм әшкара болмайтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
18. Сонлықтан қалай тыңлап атырғаныңызға дыққат аўдарыңлар! Себеби кимде бар болса, оған қосымша бериледи, ал кимде жоқ болса, оның ѳзимде бар деп ойлап жүрген нәрсеси де тартып алынады.
19. Ийсаға анасы ҳәм туўысқанлары келди. Бирақ халық кѳп болғанлықтан, Оған жақынлай алмады.
20. Адамлар Ийсаға: – Анаң менен туўысқанларың Сени кѳрмекши болып, сыртта тур, – деп хабарлады.
21. Ийса оларға жуўап берип: – Кимлер Ќудайдың сѳзин тыңлап, оны орынласа, Мениң анам да, туўысқанларым да солар, – деди.
22. Күнлердиң биринде Ийса шәкиртлери менен қайыққа минип, оларға: – Кѳлдиң арғы жағасына ѳтейик, – деди. Солай етип, олар жѳнеп кетти.
23. Олар қайықта жүзип баратырғанда, Ийса уйықлап қалды. Кѳлде күшли даўыл турып, қайық суўға тола баслады ҳәм олар қәўип астында қалды.
24. Шәкиртлери Ийсаның қасына барып: – Устаз! Устаз! Набыт болажақпыз! – деп, Оны оятты. Ийса орнынан турды да, самалға ҳәм толқынласып турған суўға тыйым салды. Сонда олар тынып, әтирап тым-тырыс болды.
25. Ийса шәкиртлерине: – Исенимиңиз қәне? – деди. Олар қорқысып, аң-таң болысып, бир-бирине: – Бул ким Ѳзи? Ол самал менен суўға буйрық бергенде, олар Оған бойсынады-ғо! – дести.
26. Олар Галиланың қарсысында жайласқан Гадара үлкесине қайық пенен жүзип барды.
27. Ийса жағаға шығыўы менен, Оған қаладан келген, жинге шалынған бир адам гезлести. Бул адам кѳп ўақытлардан бери кийим киймей ҳәм үйде жасамай, қәбирстанда жасайтуғын еди.
28. Ол Ийсаны кѳргенде қышқырып жиберди ҳәм Ийсаның алдына жығылып, қатты даўыс пенен: – Ќүдиретли Ќудайдың Улы – Ийса! Мениң менен не жумысың бар. Ѳтинемен, мени қыйнама! – деди.
29. Ѳйткени Ийса жаўыз руўхқа бул адамнан шығып кетиўди буйырған еди. Жаўыз руўх оны тез-тез тутып турғанлықтан, адамлар оны шынжыр менен байлап, кисен салып қараўыллайтуғын еди. Бирақ ол ҳәммесин үзип, жин тәрепинен шѳлистанға айдап алып кетилетуғын еди.
30. Ийса оннан: – Атың ким? – деп сорады. – Үлкен топар, – деп жуўап берди ол. Себеби оның ишине кѳп жин кирген еди.
31. Жинлер Ийсадан ѳзлерин туңғыйыққа жибермеўин ѳтинди.
32. Сол жердеги таўдың етегинде үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. Жинлер Ийсадан шошқаларға кириўге рухсат бериўин ѳтинди. Ийса оларға рухсат етти.
33. Сонда жинлер адамнан шығып, шошқаларға кирди. Шошқа падасы жуўырысып, тик жардан кѳлге түсти де, батып кетти.
34. Болған ўақыяны кѳрген шошқа бағыўшылар қашып кетип, қала ҳәм аўылларға барып хабарлады.
35. Адамлар болған ўақыяны кѳриў ушын Ийсаның жанына келди. Олар ишинен жинлер шыққан адамның ақыл-еси кирип, кийинип, Ийсаның аяқ бетинде отырғанын кѳргенде қорқып қалысты.
36. Ўақыяны ѳз кѳзлери менен кѳргенлер жин урған адамның қалай шыпа тапқанын оларға айтып берди.
37. Сонда Гадара әтирапынан келген пүткил халықтың зәррелери ушып, Ийсадан олардың үлкесинен кетиўин ѳтинди. Ийса қайыққа минип, қайтып кетти.
38. Ал жинлерден азат болған адам Ийсаға: – Сениң менен бирге болайын, – деп жалынды. Бирақ Ийса оған:
39. – Үйиңе қайтып, Ќудайдың саған не ислегенин айтып бер, – деп оны жиберди. Ол барып, Ийсаның оған не ислегенин пүткил қалаға жәриялады.
40. Ийса қайтып келгенде, халық Оны қуўаныш пенен қабыл алды. Ѳйткени ҳәмме Оны күтип турған еди.
41. Сонда мәжилисхананың баслығы болған Яир атлы бир адам келип, Ийсаның аяғына жығылды да, үйине кириўин ѳтинди.
42. Себеби оның он еки жаслар шамасындағы жалғыз қызы ѳлим тѳсегинде жатыр еди. Ийса жүрип киятырғанда, халық Оны жән-жағынан қысып баратыр еди.
43. Сол жерде он еки жыл бойы қан кетип аўырып, ҳеш кимнен шыпа таба алмаған бир ҳаял бар еди.
44. Ҳаял Ийсаның арт бетинен жақынлап келип, Оның кийиминиң шетине қолын тийгизди. Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады.
45. Сонда Ийса: – Маған ким қолын тийгизди? – деп сорады. Ҳеш ким мойнына алмағаннан соң, Петр: – Устаз! Халық Сени қоршап, жән-жағыңнан қысып тур-ғо, – деди.
46. Бирақ Ийса оған: – Маған биреў қолын тийгизди, ѳйткени Мен Ѳзимнен бир күш шыққанын сездим, – деди.
47. Ҳаял жасырына алмайтуғынын билип, қалтырап Ийсаның алдына келди де, Оның аяғына жығылды. Ѳзиниң қандай себеп пенен Оған қолын тийгизгенин ҳәм сол ўақытта-ақ қалай шыпа тапқанын пүткил халық алдында айтып берди.
48. Ийса оған: – Ќызым! Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди.
49. Ийса усы сѳзлерди айтып турғанда мәжилисхана басшысының үйинен биреў келип, Яирға: – Ќызыңыз ѳлди, енди Устаздың тынышын алмаң, – деди.
50. Бирақ Ийса буны еситип, оған: – Ќорқпа, тек исен, қызың шыпа табады, – деди.
51. Ийса үйге келгенде, Петр, Юхан, Яқып ҳәм қыздың ата-анасынан басқа ҳеш кимниң Ѳзи менен бирге ишке кириўине рухсат бермеди.
52. Ҳәмме қызды азалап, жылап турған еди. Бирақ Ийса: – Жыламаңлар, ол ѳлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди.
53. Олар қыздың ѳлгенин билип, Ийсаның үстинен күлди.
54. Ийса қыздың қолынан услады да, даўыслап: – Ќызалақ, орныңнан тур! – деди.
55. Ќыздың жаны қайтып кирип, ол дәрриў орнынан турды. Ийса оған жеў ушын бир нәрсе бериўди тапсырды.
56. Ќыздың ата-анасы аң-таң болды, бирақ Ийса оларға болған ўақыя ҳаққында ҳеш кимге айтпаўын буйырды.
2. Ќудай Патшалығын жәриялап, аўырыў адамларға шыпа бериў ушын оларды жиберип,
3. Ийса былай деди: – Жолға ҳеш нәрсе: таяқ та, қалта да, нан да, ақша да, артық кийим де алмаңлар.
4. Ќайсы үйге кирсеңлер де, ол жерден кеткениңизше, сол үйде болыңлар.
5. Егер бир қалада сизлерди қабыл алмаса, сол қаладан шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер.
6. Шәкиртлер жолға шықты. Олар ҳәмме жерде Хош Хабарды жәриялады ҳәм аўырыўларға шыпа берип, аўылларды аралап жүрди.
7. Үлке ҳүкимдары Ҳирод болып атырған барлық ўақыялар ҳаққында еситип, тынышсызланып қалды. Себеби гейбиреўлер: «Яқыя ѳлимнен қайта тирилипти» десе,
8. басқалар: «Илияс пайда болыпты» деп, және биреўлер: «Бурынғы пайғамбарлардың бири тирилипти», – дейтуғын еди.
9. Ал Ҳирод: «Яқыяның басын кестирген едим-ғо. Енди мынадай ислерди ислеп атыр деп, мен еситкен Адам ким болды екен?» – деп Ийсаны кѳриўдиң жолын излестирди.
10. Елшилер қайтып келип, ислеген ҳәмме ислери ҳаққында Ийсаға айтып берди. Ийса Ѳзи менен бирге тек оларды ғана алып, Бетсайда деп аталған қалаға кетти.
11. Бирақ халық буны билип, Ийсаның изинен келди. Ийса оларды жақсы қабыл алып, оларға Ќудай Патшалығы ҳаққында айтты ҳәм шыпаға мүтәж адамларға шыпа берди.
12. Күн кеш бола баслағанда, он еки елшиси Ийсаның алдына келип: – Халықты жибер. Єтираптағы аўыл-елатларға барып, түнейтуғын жер менен азық-аўқат тапсын. Ѳйткени бизлер бир елсиз жердемиз-ғо, – деди.
13. Бирақ Ийса оларға: – Оларға сизлер аўқат бериңлер, – деди. – Бизлер барып, сонша адамға азық сатып алмасақ, бес нан менен еки балықтан басқа ҳеш нәрсемиз жоқ, – деди шәкиртлери.
14. Себеби ол жерде бес мыңға шамалас ер адам бар еди. Ийса шәкиртлерине: – Оларды елиў-елиўден топқа бѳлип отырғызыңлар, – деди.
15. Шәкиртлери солай ислеп, ҳәммесин жерге отырғызды.
16. Ийса бес нан менен еки балықты алды да, аспанға қарап, олар ушын Ќудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын, шәкиртлерине берди.
17. Ҳәмме жеп тойды. Аўысқан бѳлеклерин жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.
18. Күнлердиң биринде Ийса аўлақ жерде дуўа етип турғанда, шәкиртлери де Оның менен бирге еди. Ийса олардан: – Халық Мени ким деп санайды? – деп сорады.
19. Шәкиртлери жуўап берип былай деди: – Шомылдырыўшы Яқыя деп санайды, ал базылары Илияс, және басқалары: «Бурынғы пайғамбарлардың бири тирилип келипти», – деседи.
20. Ийса олардан: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деп сорады. Петр Оған: – Сен – Ќудайдың жиберген Масихысаң, – деп жуўап берди.
21. Ийса бул туўралы ҳеш кимге айтпаўларын оларға қатаң ескертти де:
22. – Адам Улы кѳп азап шегип, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен қабыл алынбай ѳлтирилиўи ҳәм үшинши күни қайта тирилиўи тийис, – деди.
23. Сонда Ийса ҳәммеге былай деди: – Ким де ким Маған ергиси келсе, ѳзинен кешсин ҳәм ҳәр күни ѳз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин.
24. Ким де ким ѳз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады, ал ким де ким ѳз жанын Мен ушын жоғалтса, ол оны сақлап қалады.
25. Егер адам пүткил дүньяны ийелегени менен, ѳз жанын жойтып, ѳзине зыян келтирсе, буннан оған не пайда?
26. Ким де ким Меннен ҳәм Мениң сѳзлеримнен арланса, Адам Улы да Ѳзиниң, Єкесиниң ҳәм мухаддес периштелердиң салтанатында келгенде, оннан арланады.
27. Сизлерге шынын айтаман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Ќудай Патшалығын кѳрмегенше, ѳлмейди.
28. Бул сѳзлерди айтқаннан соң сегиз күндей ѳткенде, Ийса Петр, Юхан ҳәм Яқыпты қасына алып, дуўа етиў ушын таўға шықты.
29. Ийса дуўа еткенде, Оның түр-түси ѳзгерди, кийимлери де аппақ түске енип, жарқырап кетти.
30. Сонда еки ер адам Оның менен сѳйлесип турған еди. Олар: Муўса менен Илияс еди.
31. Олар уллы салтанат пенен кѳринип, Ийсаның жақында Ерусалим қаласында дүньядан ѳтип, Ќудайдың еркин орынлаўы тийис екени ҳаққында сѳйлести.
32. Ал Петр менен оның қасындағыларды күшли уйқы басқан еди. Олар оянып кетип, Ийсаның уллылығын ҳәм Оның менен турған еки ер адамды кѳрди.
33. Олар Ийсаның жанынан кете баслағанда, Петр Ийсаға: – Устаз, бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди. Ол не айтқанын ѳзи билмеди.
34. Петр усыларды айтып турғанда бир булт пайда болып, оларды қаплады. Шәкиртлер булт ишине киргенде қорқысып қалды.
35. Сонда булттан: – Бул – Мениң таңлап алған Улым, Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
36. Даўыс тынып қалғаннан соң, Ийсаның жалғыз Ѳзи қалды. Шәкиртлери тис жарып, кѳргенлери ҳаққында сол күнлери ҳеш кимге айтпады.
37. Келеси күни олар таўдан түскенде, Ийсаны кѳп халық күтип алды.
38. Күтилмегенде халық арасынан биреў бақырып: – Устаз, Сеннен ѳтинип сорайман, мениң балама бир нәзер сала гѳр! Ол мениң жалғыз балам еди.
39. Баламды жаўыз руўх тутқанда, ол бирден қышқырып жибереди. Жаўыз руўх оны қалтыратып, аўзынан кѳбик ағызады да, азаплап болғаннан соң, зорға дегенде оннан кетеди.
40. Мен Сениң шәкиртлериңнен жаўыз руўхты қуўып шығарыўды ѳтинген едим, бирақ олардың қолынан келмеди, – деди.
41. Ийса жуўап берип: – Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге болып, сизлерге шыдайман? Балаңды бул жерге алып кел, – деди.
42. Бала киятырғанда жин оны жерге жығып, қалтырата баслады. Бирақ Ийса жаўыз руўхқа тыйым салып, балаға шыпа берди ҳәм оны әкесине тапсырды.
43. Ҳәмме Ќудайдың уллылығына таң қалысты. Халық Ийсаның барлық ислерине ҳайран қалысып турғанда, Ийса Ѳз шәкиртлерине:
44. – Мына сѳзлеримди қулақларыңызға қуйып алыңлар: Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, – деди.
45. Бирақ олар бул сѳздиң мәнисин түсинбеди. Оның мәниси оларға жасырын болғанлықтан, олар оны уға алмады. Ал бул сѳз туўралы Ийсадан сораўға қорқты.
46. Шәкиртлер ѳз ара: – Ќайсы биримиз уллымыз? – деп тартыса баслады.
47. Ийса олардың кеўиллериндеги ойды билип, бир кишкене баланы алды да, оны жанына қойып,
48. оларға былай деди: – Ким де ким бул баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның Мени Жибергенди қабыл еткени болады. Ѳйткени араңызда ким ең кишкене болса, сол ең уллы болады.
49. Сонда Юхан: – Устаз! Сениң атың менен жинлерди қуўып шығарып жүрген бир адамды кѳрдик. Бирақ ол бизлер менен бирге Саған ермегенликтен, оған тыйым салдық, – деди.
50. Ийса Юханға: – Оған тыйым салмаңлар. Себеби ким де ким сизлерге қарсы болмаса, ол сизлердиң тәрепдарыңыз, – деди.
51. Ийсаның бул дүньядан аспанға алынатуғын күнлери жақынлағанда, Ол Ерусалимге барыўға қарар етти.
52. Ол алдынан хабаршыларын жиберди. Олар барып, Ийсаның келиўине таярлық кѳриў ушын, Самарияның бир аўылына кирди.
53. Бирақ Ийса Ерусалимге қарай баратырғанлықтан, ол жерде Оны қабыл етпеди.
54. Шәкиртлери Яқып пенен Юхан буны кѳрип: – Ийем! Буларды жоқ қылып жибериў ушын, аспаннан от түсиўин буйырыўымызды қәлейсең бе? – деди.
55. Бирақ Ийса бурылып, оларға кейиди.
56. Соңынан олар басқа аўылға кетти.
57. Олар жолда киятырғанда, биреў Ийсаға: – Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди.
58. Ийса оған: – Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының бас паналайтуғын орны да жоқ, – деди.
59. Ал басқа биреўине: – Мениң изиме ер, – деди. Бирақ ол: – Ийем! Дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди.
60. Ийса оған: – Ѳз ѳлгенлерин жерлеўди ѳлилерге қалдыр. Ал сен барып, Ќудайдың Патшалығы туўралы жәрияла, – деди.
61. Және биреў Ийсаға: – Ийем, мен Сениң изиңе еремен, бирақ дәслеп үй-ишим менен хошласып келиўиме рухсат ет, – деди.
62. Бирақ Ийса оған: – Атызды сүриўди баслап, артына қарай беретуғын адам Ќудайдың Патшалығына ылайықлы емес, – деди.
2. былай деди: – Орылатуғын егин кѳп, бирақ жумысшылар аз. Сонлықтан зүрәәттиң ийеси болған Ийемизден Ѳзиниң атызына егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар.
3. Барыңлар! Мине, Мен сизлерди қозыларды қасқырлардың арасына жибергендей, жиберип атырман.
4. Шыжлан да, дорба да, аяқ кийим де алмаңлар, жолда ҳеш кимге сәлем де бермеңлер.
5. Ќайсы үйге кирсеңлер де, дәслеп: «Бул үйде аманлық болсын!» – деп сәлем бериңлер.
6. Егер сол үйде аманлықты сүйиўши адам болса, сизлер тилеген аманлық сол адамда қалады, ал егер болмаса, ѳзлериңизге қайтады.
7. Сол үйде қалып, бергенин ишип жеңлер. Ѳйткени мийнет еткен адам ѳз мийнет ҳақысына ылайықлы. Үйден-үйге кѳшип жүрмеңлер.
8. Егер қандай да бир қалаға келгениңизде сизлерди қабыл етсе, бергенин жеңлер.
9. Сол жердеги аўырыў адамларға шыпа берип, оларға: «Сизлерге Ќудай Патшалығы жақынлады», – деңлер.
10. Бирақ қандай да бир қалаға келгениңизде сизлерди қабыл етпесе, кѳшеге шығып:
11. «Ќалаңыздан аяқларымызға жуққан шаңды да сизлерге ескертиў ретинде қағып таслаймыз. Бирақ билип қойыңлар, Ќудай Патшалығы жақынлады», – деп айтыңлар.
12. Сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни Содом қаласының аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жеңилирек болады.
13. – Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан бетин тырнап, шашын жулып қайғырып, тәўбе етер еди.
14. Бирақ ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады.
15. Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға кѳтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң.
16. Ийса шәкиртлерине және былай деди: – Ким де ким сизлерди тыңласа, оның Мени тыңлағаны болады. Ким де ким сизлерди қабыл алмаса, оның Мени қабыл алмағаны болады. Ал ким де ким Мени қабыл алса, оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады.
17. Ийсаның жетпис еки шәкирти қуўаныш пенен қайтып келип: – Ийем! Сениң атыңды тилге алсақ, жинлер де бизлерге бойсынады, – деди.
18. Ийса оларға: – Шайтанның жылдырым сыяқлы аспаннан түскенин кѳрдим.
19. Минекей, Мен сизлерге жыланлар менен шаянларды аяқ асты қылып, душпанның пүткил күш-қүдиретин жеңиўге бийлик бердим. Сизлерге ҳеш нәрсе зыянын тийгизе алмайды.
20. Бирақ жаўыз руўхлардың сизлерге бойсынғанына емес, ал атларыңыздың аспанда жазылғанына қуўаныңлар, – деди.
21. Сонда Ийса Мухаддес Руўхтан шадланып былай деди: – О, Єке, аспан ҳәм жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳәм ақыллылардан жасырып, нәрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын, Сени мақтайман! Аўа, Єке! Себеби Сениң қәлеўиң усындай еди.
22. Маған ҳәммеси Єкемнен берилген. Улдың ким екенин Єкеден басқа ҳеш ким билмейди. Єкениң ким екенин де тек ғана Улы ҳәм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи.
23. Соңынан Ийса бурылып, шәкиртлерине аўлақта былай деди: – Сизлердиң кѳрип атырғаныңызды кѳрип турған кѳзлер бахытлы!
24. Мениң сизлерге айтатуғыным: қаншама пайғамбарлар менен патшалар сизлердиң кѳргенлериңизди кѳргиси келген еди, бирақ кѳрмеди. Еситкенлериңизди еситкиси келген еди, бирақ еситпеди.
25. Сонда бир нызам муғаллими орнынан турып, Ийсаны сынап кѳриў ушын, Оннан: – Устаз, мәңгилик ѳмирди алыўым ушын не қылыўым керек? – деп сорады.
26. Ийса оған: – Мухаддес Нызамда не деп жазылған? Сен оны қалай түсинесең? – деди.
27. Ол жуўап берип: – «Ийең болған Ќудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил күшиң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй». Және де: «Ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жақыныңды да сүй», – делинген, – деди.
28. Ийса оған: – Дурыс жуўап бердиң, усылай исле, сонда жасайсаң, – деди.
29. Бирақ ол ѳзин ақлағысы келип, Ийсадан: – Мениң жақыным ким? – деп сорады.
30. Ийса оған былай деп жуўап қайтарды: – Бир адам Ерусалимнен Ерихоға киятырып, қарақшылардың қолына түсип қалыпты. Ќарақшылар оның кийимлерин шешип алып, оны сабап, ѳлимши етип таслап кетипти.
31. Сонда бир руўханий сол жол менен жүрип, оны кѳрип, басқа жаққа бурылып кетипти.
32. Бир лебийли де сол жерге келип, оны кѳрип, басқа жаққа бурылып кетипти.
33. Бирақ сол жерден ѳтип баратырған самариялы бир адам ол жатырған жерге келип, оны кѳргенде жаны ашыпты ҳәм
34. жанына барып, жарақатларын май ҳәм шарап пенен жуўып таңыпты. Оны ешегине мингизип, мийманханаға алып келип, оған ғамхорлық кѳрсетипти.
35. Ертеңине еки динар шығарып, мийманхана ийесине берипти де: «Оған жақсылап қара. Егер буннан артық ғәрежет шығарсаң, қайтып келгенимнен соң тѳлеймен», – депти.
36. Енди усы үшеўиниң ишинде қайсысы қарақшылардың қолына түскен адамның жақыны болады, деп ойлайсаң?
37. Нызам муғаллими: – Оған мийримлилик кѳрсеткени, – деди. Ийса оған: – Бар, сен де усылай исле, – деди.
38. Олар жол жүрип киятырғанда, Ийса бир аўылға кирди. Бул жерде Марта атлы бир ҳаял Оны үйине қабыл етти.
39. Мартаның Мәриям деген сиңлиси бар еди. Ол Ийсаның аяқ бетинде отырып, Оның сѳзлерин тыңлады.
40. Ал Марта қонақ күтиў менен бәнт болды. Ол Ийсаға келип: – Ийем, сиңлимниң ҳәмме исти мениң бир ѳзиме қалдырғанына қарамайсаң ба? Оған айт, маған жәрдемлессин, – деди.
41. Бирақ Ийса оған жуўап берип: – Марта, Марта, сен кѳп нәрселерди уўайымлап, тәшиўишленесең.
42. Тек бир нәрсе ғана зәрүр-ғо. Мәриям дурыс жолды таңлады, бул оннан тартып алынбайды, – деди.
2. Ийса оларға былай деди: – Дуўа еткениңизде былай деңлер: Єке! Сениң атың мухаддес бола берсин. Сениң Патшалығың келсин.
3. Бизлерге ҳәр күни күнделикли нанымызды бере гѳр.
4. Гүналарымызды кешире гѳр. Ѳйткени бизлер де ѳзлеримизге гүна қылған ҳәр бир адамды кеширемиз. Бизлердиң азғырылыўымызға жол қойма.
5. Ийса оларға және былай деди: – Айтайық, араңыздағы бириңиздиң достысы бар. Ол ярым ақшамда достысына барып: «Достым! Маған қарызға үш нан берип тур.
6. Себеби сапарда жүрген бир достым келип еди, оның алдына қоятуғын ҳеш нәрсем жоқ», – депти.
7. Сонда достысы иштен: «Мениң тынышымды алма. Есигим беклеўли. Балаларым да мениң менен бирге тѳсекте жатыр. Орнымнан турып, саған ҳеш нәрсе бере алмайман», – деп жуўап берипти.
8. Бирақ сизлерге айтатуғыным: орнынан турып, досты болғаны ушын сорағанын бермесе де, изинен қалмай сорағаны себепли ол орнынан турып, қанша сораса, сонша береди.
9. Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады.
10. Ѳйткени сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады.
11. Араңызда қайсы әке баласы балық сораса, оған балық орнына жылан береди?
12. Мәйек сораса, оған шаян береди?
13. Солай етип, ѳзлериңиз жаман бола тура, ѳз балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, аспандағы Єке де Ѳзинен сорағанларға Мухаддес Руўхты бериўи сѳзсиз.
14. Бир күни Ийса бир адамнан гүңелек жинди қуўып шығарды. Жин шыққаннан соң, гүңелек адам сѳйлей баслағанда, халық ҳайран қалды.
15. Бирақ олардың гейбиреўлери: «Ол жинлерди жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дести.
16. Ал басқалары Ийсаны сынап кѳрмекши болып, аспаннан кәраматлы белги кѳрсетиўин талап етти.
17. Бирақ Ийса олардың ойларын билип, былай деди: – Ѳз ара қарсы болып бѳлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады. Ѳз ара қарсы болып бѳлинген ҳәр бир үй қулайды.
18. Егер шайтан ѳз ара қарсы болып бѳлинсе, оның патшалығы қалай сақланады? Сизлер Мени: «Жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дейсизлер.
19. Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды.
20. Бирақ, егер Мен жинлерди Ќудайдың күши менен қуўып шығарып атырған болсам, онда сизлерге Ќудай Патшалығының жетип келгени.
21. Тис-тырнағына дейин қуралланған бир күшли адам ѳз үйин қорғаса, оның мал-мүлки аман болады.
22. Ал оннан да күшлирек биреў оған ҳүжим жасап, оны жеңсе, оның исенген барлық қуралларын тартып алып, олжасын бѳлистиреди.
23. Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады.
24. Жаўыз руўх адамнан шыққаннан кейин суўсыз жерлерди гезип, дем алыўға орын излейди. Таба алмағаннан соң, ол: «Шыққан үйиме қайтайын», – дейди.
25. Ќайтып келгенде, үйдиң тазаланып ҳәм жыйналып турғанын кѳреди.
26. Сонда ол барып, ѳзинен де жаўыз жети руўхты ертип келеди де, кирип сол үйде турады. Солай етип, сол адамның соңғы аўҳалы бурынғыдан да жаман болады.
27. Ийса усыларды айтып турғанда халық ишинен бир ҳаял даўыслап, Оған: – Сени кѳтерген қурсақ ҳәм Сени емизген кѳкиреклер қандай бахытлы! – деди.
28. Бирақ Ийса оған: – Ќудайдың сѳзин тыңлап, оны орынлаўшылар оннан да бахытлы! – деди.
29. Халық жыйналып, кѳбейип атырғанда, Ийса оларға былай деп айта баслады: – Бул әўлад – жаман әўлад! Ол кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнустың кәраматлы белгисинен басқасы кѳрсетилмейди.
30. Юнус Ниневия турғынлары ушын қандай белги болса, Адам Улы да бул әўлад ушын сондай белги болады.
31. Ќубладағы ҳаял патша ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўладтың адамлары пенен бирге турып, оны айыплайды. Себеби ол Сулайманның даналығын еситиў ушын, жер бетиниң арғы шетинен келген-ғо. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар.
32. Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Ѳйткени Юнус жәриялағанда, олар тәўбе еткен-ғо. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар.
33. – Ҳеш ким де шыраны жағып, оны жасырын жерге ямаса ыдыстың астында қоймайды. Керисинше, киргенлер жақтыны кѳрсин деп, оны шыра қойғышқа қояды.
34. Кѳзиң – денеңниң шырағы. Егер кѳзиң саў болса, пүткил денең де жарық болады. Егер кѳзиң саў болмаса, денең де пүткиллей қараңғы болады.
35. Сонлықтан да, абайла, ишиңдеги жарық қараңғы болмасын!
36. Егер пүткил денең жарық болып, ҳеш бир қараңғы жери болмаса, шыра сени ѳз нуры менен жақты қылғаны сыяқлы, денең пүткиллей жарық болады.
37. Ийса усы сѳзлерди айтып турғанда, бир парисей Оны үйине аўқатланыўға шақырды. Ийса оның үйине кирип, аўқатланыўға отырды.
38. Ийсаның аўқаттан бурын қол жуўмағанын кѳрип, парисей таң қалды.
39. Сонда Ийемиз оған: – Ҳәй парисейлер, сизлер табақ-кесениң сыртын тазалайсызлар, бирақ ѳз ишиңиз нәпсиқаўлық ҳәм жаўызлыққа толы.
40. Ҳәй, ақылсызлар, сыртын жаратқан ишин де жаратқан емес пе?
41. Жақсысы, ишиңиздегиден қайыр-садақа бериңлер, сонда сизлер ушын ҳәмме нәрсе таза болады.
42. Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер жалбыз, ийисли шѳп ҳәм ҳәр түрли палыз ѳнимлериниң оннан бирин бересизлер, бирақ әдилликке ҳәм Ќудайдың сүйиспеншилигине бийпәрўа қарайсызлар. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди-ғо.
43. Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер мәжилисханаларда тѳрде отырыўды, базарда ѳзлериңизге сәлем берилиўин жақсы кѳресизлер.
44. Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер адамлар билмей үстилеринен басып ѳтетуғын белгисиз қәбирлерге уқсайсызлар, – деди.
45. Сонда нызам муғаллимлериниң бири Ийсаға: – Устаз! Сен бул сѳзлерди айтып, бизлерди де қапа қылып атырсаң, – деди.
46. Бирақ Ийса: – Сизлер де ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Ѳйткени сизлер кѳтерип жүриўге қыйын жүклерди адамларға артып, ѳзлериңиз оларды кѳтерисиўге бармағыңызды да қозғамайсызлар.
47. Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер ата-бабаларыңыз ѳлтирген пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар.
48. Солай етип, сизлер ата-бабаларыңыздың ислерин мақуллап, оларды дәлиллейсизлер. Олар пайғамбарларды ѳлтирген еди, ал сизлер оларға мазарлар орнатасызлар.
49. Сонлықтан да, Ќудайдың даналығы былай деген: «Мен оларға пайғамбарлар менен елшилерди жиберемен. Олар гейбиреўлерин ѳлтирип, гейбиреўлерин қуўғын қылады».
50. -
51. Сол себептен Абылдың қанынан баслап, қурбанлық шалынатуғын орын менен Ибадатхана арасында ѳлтирилген Зекерияның қанына дейин, дүнья жаратылғаннан бери тѳгилген барлық пайғамбарлардың қаны усы әўладтан талап етиледи. Аўа, сизлерге айтатуғыным: усы әўладтан талап етиледи!
52. Ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Ѳйткени сизлер қутқарылыў ҳаққында билим қапысының гилтин тартып алдыңлар: бул қапыдан ѳзлериңиз де кирмедиңлер, кирмекши болғанларға да тосқынлық жасадыңлар, – деди.
53. Ийса сол жерден кетип баратырғанда, ашыўланған диний муғаллимлер менен парисейлер Оны қысқыға алып, кѳп сораўларға жуўап бериўге мәжбүрледи.
54. Олар Ийсаны сѳзинен тутып айыплаў ушын, Оны аңлыды.
2. Ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
3. Сонлықтан қараңғыда айтқаныңыз жақтыда еситиледи, бекитиўли қапы артында қулаққа сыбырлап айтқаныңыз тамлардың тѳбесинен жәрияланады.
4. Мениң сизлерге, досларыма айтатуғыным: денени ѳлтирсе де, буннан соң басқа ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынлардан қорқпаңлар!
5. Бирақ кимнен қорқыўыңыз керек екенин айтайын: ѳлтиргеннен кейин, дозаққа таслаўға қүдирети күшли Ќудайдан қорқыңлар. Аўа, сизлерге айтатуғыным: Оннан қорқыңлар.
6. Бес шымшық еки тийинға сатылмай ма? Солай болса да, олардың ҳеш бирин де Ќудай умытпайды.
7. Басларыңыздағы шашлардың бәри де Ќудайға санаўлы. Сонлықтан қорқпаңлар: кѳп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар-ғо.
8. Сизлерге айтатуғыным: ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Адам Улы да оны Ќудайдың периштелериниң алдында тән алады.
9. Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, оның ѳзи де Ќудайдың периштелериниң алдында тән алынбайды.
10. Адам Улына қарсы бир сѳз айтқан ҳәр бир адам кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизген адам кеширилмейди.
11. Сизлерди мәжилисханаларға, басшыларға ҳәм ҳәкимлерге апарғанда, қалай жуўап бериўди ямаса не айтыўды қайғырмаңлар.
12. Себеби не айтыў керек екенин сизлерге сол ўақытта-ақ Мухаддес Руўх үйретеди.
13. Халық арасынан биреў Ийсаға: – Устаз, әжағама айт, мийрасты мениң менен бѳлиссин, – деди.
14. Ийса оған: – Ким Мени сизлерге қазы ямаса мийрасларды бѳлиўши етип қойды? – деди.
15. Соңынан халыққа: – Абайлаңлар, дүньяхорлықтан сақ болыңлар! Ѳйткени адамның ѳмири оның мал-мүлкиниң кѳплигине байланыслы емес, – деп,
16. оларға мынадай тымсал келтирди: – Бир бай адамның егислик жери мол зүрәәт берипти.
17. Ол ѳз-ѳзине: «Не ислесем екен? Ѳнимлеримди жыйнап қоятуғын жерим жоқ», – деп пикир жүргизипти.
18. Соңынан: – Былай ислеймен: ғәллеханаларымды бузып, оларды үлкейтип саламан ҳәм сол жерге барлық ғәллем менен мал-мүлкимди жыйнап қояман.
19. Соңынан ѳз жаныма былай деймен: «Жаным, кѳп жылға жететуғын мол дүньяң бар. Енди дем ал, ишип-жеп, кеўлиңди хошла», – депти.
20. Бирақ Ќудай оған: – Ҳәй, ақмақ, бүгин түнде сениң жаның алынады. Сонда сениң жыйнап-тергенлериң кимге қалады? – депти.
21. Ѳзи ушын байлық жыйнап, Ќудай алдында сықмар болған адамның аўҳалы усындай болады.
22. Ийса шәкиртлерине былай деди: – Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер!
23. Жан аўқаттан, дене кийимнен артық-ғо.
24. Ѓарғаларға қараңлар: олар екпейди де, ормайды да. Олардың я дән сақлағышлары, я ғәллеханалары жоқ. Бирақ, Ќудай оларды асырайды. Ал сизлер қуслардан қаншелли қымбатлысызлар!
25. Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда ѳз ѳмирин бир саатқа болса да узайта алады?
26. Егер усындай кишкене нәрсе қолыңыздан келмесе, басқа нәрселер ҳаққында тәшиўишлениўдиң неге кереги бар?
27. Лилия гүллериниң қалай ѳсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди. Бирақ сизлерге айтатуғыным: Сулайман да ѳзиниң сән-салтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди.
28. Егер бүгин далада ѳсип турғаны менен, ертең ошаққа тасланатуғын шѳпти Ќудай усылай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар!
29. Сонлықтан да, не ишип, не жейтуғыныңызды излеп, тәшиўишленбеңлер.
30. Себеби усылардың бәрин бул дүньяның бутқа табыныўшылары излеп жүреди. Сизлердиң усыларға мүтәж екениңизди Єкеңиз биледи.
31. Оның орнына, Ќудай Патшалығын излеп жүриңлер, сонда булар сизлерге қосымша етип бериледи.
32. Ҳәй, кишкене пада, қорқпа! Єкеңиз сизлерге Патшалықты бериўди мақул тапты.
33. Мал-мүлкиңизди сатып, қайыр-садақа бериңлер. Ѳзлериңизге тозбайтуғын қалта ислеп, аспанда таўсылмайтуғын ғәзийне жыйнаңлар. Ол жерге уры да жақынламайды, күйе де түсип жемейди.
34. Ѳйткени байлықларыңыз қай жерде болса, кеўиллериңиз де сол жерде болады.
35. – Беллериңиз буўыўлы болып, шыраларыңыз жанып турсын!
36. Хожайыны неке тойдан қайтып келип, есикти қаққанда, оған дәрриў ашыў ушын күтип турған хызметшилердей болыңлар.
37. Хожайыны келгенде олардың сергек болып турғанын кѳрсе, сол хызметшилер қандай бахытлы! Сизлерге шынын айтаман: ол белин буўып, хызметшилерин отырғызып, ѳзи оларға хызмет етеди.
38. Егер хожайыны түн ортасында ямаса таң атқанда келип, хызметшилериниң ояў турғанын кѳрсе, онда сол хызметшилер қандай бахытлы!
39. Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының қашан келетуғынын билсе, ол үйине урының бузып кириўине жол қоймас еди.
40. Сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Себеби Адам Улы сизлер ойламағанда келеди.
41. Сонда Петр: – Ийем, Сен бул тымсалды тек бизлерге айтып атырсаң ба ямаса ҳәммеге ме? – деди.
42. Ийемиз былай деди: – Ийеси үй-ишимдегилерге тийисли аўқатын ўақтында берсин деп, олардың үстинен тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы үй басқарыўшы ким?
43. Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын кѳрсе, сол хызметши қандай бахытлы!
44. Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны ѳзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды.
45. Егер сол хызметши ишинен: «Ийем тез келе қоймас» деп, малайлар ҳәм шорыларды сабап, ишип-жеп, мәс бола басласа,
46. онда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип, оны аяўсыз жазалап, исенбейтуғынлардың аўҳалына салады.
47. Ийесиниң еркин билсе де таяр турмаған, оның ерки бойынша ис тутпаған хызметши кѳп таяқ жейди.
48. Ал оның еркин билмеген ҳәм жазаға турарлы ис ислеген хызметши аз таяқ жейди. Кимге кѳп берилген болса, оннан кѳп талап етиледи. Кимге кѳп исенип тапсырылса, оннан кѳбирек соралады.
49. – Мен дүнья жүзине от салыўға келдим. Оның ҳәзир-ақ жалынлап кетиўин қаншелли қәлер едим!
50. Мен жүдә аўыр азап-ҳәсиретти басымнан кешириўим тийис. Бул орынланғанша, қаншелли қыйналаман!
51. Мени жер жүзине татыўлық әкелген, деп ойлап атырсыз ба? Яқ, деймен сизлерге: алаўызлық әкелгенмен.
52. Ѳйткени буннан былай, бир үйде бес адам болса, олар ѳз ара бѳлинеди. Үшеўи екеўине қарсы, екеўи үшеўине қарсы болады.
53. Єкеси баласына, баласы әкесине қарсы, анасы қызына, қызы анасына қарсы, қәйин енеси келинине, келини қәйин енесине қарсы болып бѳлинеди.
54. Соңынан Ийса халыққа да былай деди: – Сизлер батыстан бир булттың кѳтерилгенин кѳргениңизде, дәрриў: «Жаўын жаўады» дейсизлер ҳәм сондай болады да.
55. Ќубла самалы ескенде: «Күн ыссы болады» дейсизлер ҳәм сондай болады да.
56. Ҳәй, еки жүзлилер! Жер ҳәм аспанның түсин анықлай алсаңлар да, неге ҳәзирги ўақыттың райын анықлай алмайсызлар?
57. Нениң дурыс екенин неге ѳзлериңиз шеше алмайсызлар?
58. Сен ѳз даўласың менен бирге басшының алдына баратырғаныңда, жолда оның менен жарасыўға тырыс. Олай етпесең, ол сени қазының алдына апарады, қазы сени хызметкерге тапсырады, ал хызметкер сени қамап таслайды.
59. Саған айтатуғыным: соңғы тийиниңди тѳлеп таўыспағаныңша, ол жерден ҳеш шыға алмайсаң.
2. Ийса оларға: – Сизлер: «Усындай апатқа ушырағаны ушын, бул галилалылар басқа барлық галилалылардан гүналырақ», – деп ойлайсызлар ма?
3. Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар.
4. Үстилерине Силоҳа минарасы қулап ѳлген он сегиз адам Ерусалимде жасаўшы адамлардың ҳәммесинен айыплырақ еди, деп ойлайсызлар ма?
5. Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар, – деди.
6. Соңынан Ийса мынадай тымсал айтып берди: – Бир адамның жүзим бағында егилген әнжир ағашы болыпты. Адам оннан мийўе алыў ушын келипти, бирақ таба алмапты.
7. Сонда ол бағманға: «Мине, мен үш жылдан бери бул әнжир ағашынан мийўе алыў ушын келемен, бирақ таба алмайман. Оны шаўып тасла! Неге ол босқа орын ийелеп тур?» – депти.
8. Бирақ бағман оған жуўап берип: «Хожайын, оны быйыл да қалдырың. Мен оның әтирапын қазып, қый тѳгейин.
9. Мүмкин, ендиги жылы мийўе берип қалар. Егер бермесе, шаўып тасларсыз, – депти.
10. Бир дем алыс күни Ийса мәжилисханалардың биринде тәлим берип отырған еди.
11. Сол жерде он сегиз жылдан бери аўырыў руўхынан қыйналған бир ҳаял бар еди. Ол еки бүкленип қалған болып, бойын ҳеш тик услай алмас еди.
12. Ийса оны кѳрип, жанына шақырып алды да, оған: – Ҳаял, сен дәртиңнен азат боласаң, – деп,
13. оның үстине қолларын қойғанда, ҳаял сол ўақытта-ақ бойын тиклеп, Ќудайға алғыслар айта баслады.
14. Сонда мәжилисхана басшысы Ийсаның дем алыс күни шыпа бергенине ашыўы келип, халыққа: – Жумыс ислеў ушын алты күн бар. Шыпа алыўға дем алыс күни емес, ал сол күнлери келиңлер, – деди.
15. Ийемиз Ийса оған былай деп жуўап берди: – Ҳәй, еки жүзлилер! Дем алыс күни ҳәр бириңиз ѳгизиңизди ямаса ешегиңизди қорадан шешип алып, суўғарыўға апармайсыз ба?
16. Он сегиз жылдан бери шайтан байлап қойған Ибрайымның мына қызын дем алыс күни бул байлаўдан азат қылыў керек емес пе еди?
17. Ийса усы сѳзлерди айтқанда, Оған қарсылық кѳрсеткенлердиң ҳәммеси уялып қалды. Ал пүткил халық Оның барлық уллы ислерине қуўанды.
18. Соңынан Ийса: – Ќудай Патшалығы неге уқсайды? Оны неге мегзетейин?
19. Ол – бир адамның алып, ѳз бағына еккен қышқыл туқымына уқсайды. Ол ѳсип, терек болады ҳәм шақаларына аспан қуслары ушып келип, уя салады, – деди.
20. Ийса және былай деди: – Ќудай Патшалығын неге уқсатайын?
21. Ол – бир ҳаялдың алып, барлық қамыр ашығанша, үш самар унға араластырған ашытқысына уқсайды.
22. Ерусалимге қарай жол алған Ийса қала ҳәм аўылларды аралап, тәлим берип жүрди.
23. Бир адам Ийсадан: – Ийем, тек аз ғана адам қутқарыла ма? – деп сорады.
24. Сонда Ийса халыққа былай деди: – Тар қапыдан кириўге бар күшиңизди салыңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: кѳплер кириўге тырысады, бирақ кире алмайды.
25. Үйдиң Ийеси турып қапыны жаўып таслағанда, сизлер сыртта турып, қапыны қаға баслап: «Ийем! Ийем! Бизлерге қапыны аш!» – дейсизлер. Бирақ Ол сизлерге: «Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен», – деп жуўап береди.
26. Сонда сизлер: «Бизлер Сениң кѳз алдыңда ишип жедик. Сен бизлердиң кѳшелеримизде тәлим беретуғын едиң-ғо», – деп айтасызлар.
27. Бирақ Ол: «Сизлерге айтатуғыным: Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен. Ҳәй, жаманлық қылыўшылардың ҳәммеси Меннен аўлақ кетиңлер!» – дейди.
28. Сизлер Ибрайымды, Ысақты, Яқыпты ҳәм барлық пайғамбарларды Ќудай Патшалығында, ал ѳзлериңиздиң сыртқа қуўып шығарылғаныңызды кѳргениңизде жылап, пушайман жейсизлер.
29. Шығыстан ҳәм батыстан, арқадан ҳәм қубладан адамлар келип, Ќудай Патшалығында дастурхан әтирапына отырады.
30. Мине, сонда соңғылардың гейбиреўлери бириншилер, ал бириншилердиң гейбиреўлери соңғылар болады.
31. Сол ўақытта бир неше парисейлер келип, Ийсаға: – Бул жерден кет, Ҳирод Сени ѳлтирмекши, – деди.
32. Ийса оларға былай деди: – Барып, сол түлкиге айтыңлар: Мен бүгин ҳәм ертең жинлерди қуўып шығарып, аўырыўларға шыпа беремен, ал үшинши күни исимди жуўмақлайман.
33. Солай болса да, Мен бүгин, ертең ҳәм арғы күни Ѳз жолым менен жүриўим керек. Ѳйткени ҳеш бир пайғамбарға Ерусалимнен басқа жерде ѳлиўге болмайды.
34. Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды ѳлтириўши, Ќудайдың саған жибергенлерин тас пенен урыўшы қала! Ѳз шѳжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер.
35. Мине, үйиңизди Ќудай таслап кетип, ол қаңырап қалады. Сизлерге айтатуғыным: «Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған!» – деп айтқанларыңызға дейин Мени кѳрмейсизлер.
2. Сонда сарсық кеселден азап шеккен бир адам Ийсаның алдына келди.
3. Ийса диний муғаллимлер менен парисейлерден: – Дем алыс күни аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме ямаса туўры келмей ме? – деп сорады.
4. Олар үндемеди. Сонда Ийса сол адамға қолын тийгизип шыпа берди де, қайтарып жиберди.
5. Соңынан оларға былай деди: – Араңыздағы бириңиздиң баласы ямаса ѳгизи қудыққа түсип кетсе, дем алыс күни болыўына қарамастан, оны дәрриў шығарып алмай ма?
6. Олар Ийсаның бул гәпине жуўап бере алмады.
7. Ќонақлардың ѳзлерине тѳрдеги орынларды таңлап атырғанын кѳрген Ийса оларға мынадай бир тымсал айтты:
8. – Сени биреў неке тойына шақырғанда, тѳрдеги орынға отырма. Шақырылғанлар арасында сеннен де сыйлырақ биреў болыўы мүмкин.
9. Олай етпесең, екеўиңизди де шақырған адам саған келип: «Мына адамға орныңды бер» десе, сен уялып, есик беттеги орынға отырыўға мәжбүр боласаң.
10. Сонлықтан қонаққа шақырылғаныңда, барып есик беттеги орынға отыр. Сонда сени қонаққа шақырған адам жаныңа келип: «Достым, тѳрге шығып отыр», – дейди. Солай етсең, ѳзиң менен отырған ҳәр бир адамның алдында абырайға ийе боласаң.
11. Себеби ким де ким ѳзин жоқары тутса, ол пәслетиледи, ал ким де ким ѳзин пәс тутса, ол жоқары болады.
12. Соңынан Ийса Ѳзин шақырған үй ийесине: – Түски ямаса кешки зыяпат бергениңде досларыңды, туўысқанларыңды, ағайинлериңди, я бай қоңсыларыңды шақырма. Ѳйткени олай етсең, олар да сени қонаққа шақырып, саған қайтарады.
13. Керисинше, зыяпат бергениңде жарлы, майып, ақсақ ҳәм соқырларды шақыр.
14. Солай етсең, сен бахытлы боласаң. Себеби олар саған қайтара алмайды. Бирақ ҳақ адамлар қайта тирилгенде, Ќудай саған қайтарады, – деди.
15. Ийса менен дастурхан әтирапында отырғанлардың бири бул сѳзлерди еситип, Оған: – Ќудай Патшалығында дуз татқан адам бахытлы, – деди.
16. Ийса оған былай деди: – Бир адам үлкен зыяпат берип, кѳп қонақ шақырыпты.
17. Аўқатланатуғын ўақыт болғанда: «Келиңлер, ҳәммеси таяр болды», – деп айтыў ушын, мирәт етилгенлерге ѳз хызметшисин жиберипти.
18. Бирақ ҳәммеси ойласып қойғандай, сылтаў таба баслапты. Бириншиси оған: «Мен жер сатып алдым, соны барып кѳриўим керек, ѳтинемен, мени кешир», – депти.
19. Ал екиншиси: «Мен бес жуп ѳгиз сатып алдым, соларды сынап кѳриўге баратырман. Ѳтинемен, мени кешир», – депти.
20. Үшиншиси де: «Мен тап жаңа үйлендим, сонлықтан келе алмайман», – депти.
21. Хызметши қайтып келип, булардың ҳәммесин хожайынына айтып берипти. Үй ийеси ашыўланып, хызметшисине: «Тез бар да, қаланың үлкен-киши кѳшелерин аралап, жарлы, майып, соқыр ҳәм ақсақ адамларды бул жерге алып кел», – деп буйырыпты.
22. Соңынан хызметши: «Хожайын, буйырғанларыңызды орынладым, бирақ және де бос орын бар», – депти.
23. Хожайын хызметшисине: «Жолларға ҳәм аўыл соқпақларына барып, адамларды бул жерге келиўге кѳндир. Сонда үйим адамларға толы болады.
24. Ѳйткени сизлерге айтатуғыным: мирәт етилгенлердиң ҳеш қайсысы да мениң зыяпатымнан дуз татпайды», – депти.
25. Ийса менен бирге кѳп халық жүрген еди. Ийса оларға бурылып былай деди:
26. – Ким де ким Маған келип, ата-анасын, ҳаялын, балаларын, аға-инисин, апа-қарындасларын, ҳәтте, ѳз ѳмирин де жек кѳрмесе, ол Мениң шәкиртим бола алмайды.
27. Ким де ким ѳз атанақ ағашын арқалап, Мениң изимнен жүрмесе, ол Мениң шәкиртим бола алмайды.
28. Араңыздағы бириңиз минара қурмақшы болса, оны питкериў ушын ғәрежет жете ме деп, алдын ала отырып, есаплап шықпай ма?
29. Олай етпесе, тийкарын салып болып, қурып питкере алмай қалса, буны кѳргенлер оның үстинен күлип:
30. «Мына адам қурыўды баслап, питкере алмады», – дейди.
31. Ќайсы бир патша басқа патшаға қарсы урысқа шығажақ болса, ѳзимниң он мың әскерим менен, киятырған қарсыласымның жигирма мың әскерине қарсы тура аламан ба деп, алдын ала отырып ойланып алмай ма?
32. Күши жетпейтуғын болса, сол патша еле узақта болғанда оған елши жиберип, тынышлық питимин жасаўды сорайды.
33. Солай етип, сизлердиң ҳәр бириңиз ѳзине тийисли ҳәмме заттан ўаз кешпесе, Мениң шәкиртим бола алмайды.
34. Дуз – жақсы нәрсе. Бирақ дуз ѳз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады?
35. Ол жерге де, қый болыўға да жарамағанлықтан, сыртқа ылақтырып тасланады. Ќулағы бар жақсылап еситип алсын!
2. Парисейлер менен диний муғаллимлер буны кѳрип: – Ол гүнакарларды қабыл етип, олар менен бирге аўқат жейди, – деп наразылық билдирди.
3. Сонда Ийса оларға мына тымсалды айтып берди:
4. – Айтайық, араңыздағы бириңиздиң жүз қойы болып, биреўин жойтып алса, ол тоқсан тоғызын шѳл далада қалдырып, жойтылған бир қойын таппағанша излеп жүрмес пе еди?
5. Таўып алғаннан соң қуўанып кетип, оны ийнине кѳтерип алады да,
6. үйине келип, дослары менен қоңсыларын шақырып, оларға: «Мениң менен бирге қуўаныңлар, жойтылған қойымды таўып алдым», – дейди.
7. Сизлерге айтатуғыным: сол сыяқлы, тәўбе етиўге ҳәжети жоқ тоқсан тоғыз ҳақ адамнан гѳре, тәўбе еткен бир гүнакарға аспанда кѳбирек қуўанады.
8. – Айтайық, бир ҳаялдың он гүмис теңгеси болып, биреўин жойтып алса, ол шыра жағып, үйди сыпырып, таппағанша муқыятлап излемес пе еди?
9. Таўып алғаннан соң, қурдаслары менен қоңсыларын шақырып: «Мениң менен бирге қуўаныңлар, жойтылған теңгемди таўып алдым», – дейди.
10. Сизлерге айтатуғыным: Ќудайдың периштелери де тәўбе еткен бир гүнакар ушын усылай қуўанады.
11. Ийса және былай деди: – Бир адамның еки улы бар екен.
12. Олардың генжетайы әкесине: – Єке, мал-мүлкиңниң маған тийисли бѳлегин бер, – депти. Сонда әкеси мал-мүлкин еки улына бѳлип берипти.
13. Бир неше күн ѳткеннен соң, киши ул бары-жоғын жыйнап алып, узақ елге кетип қалыпты. Ол жерде бузық жолға түсип, мал-мүлкин жѳнсиз сарп етипти.
14. Жигит ҳәммесин сарп етип болғаннан соң, сол елде аўыр ашаршылық болып, ол жоқшылыққа ушырапты.
15. Ол барып, сол елдиң бир турғынына жалланыпты. Ал ол адам жигитти даласындағы шошқаларды бағыўға жиберипти.
16. Жигит шошқалар жейтуғын жем менен қарнын тойдырыўға да зар болыпты. Бирақ оған ҳеш ким ҳеш нәрсе бермепти.
17. Оның ақылы енип: – Єкемниң қаншама жалланған жумысшылары нанға тойып жүр, ал мен бул жерде аштан ѳлейин деп атырман.
18. Турып әкеме барайын, оған: «Єке, мен Ќудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим.
19. Енди сениң балаң деп аталыўға ылайықлы емеспен. Мени жалланған жумысшыларыңның қатарына қабыл ет», – деп айтайын, – депти.
20. Солай етип, жигит әкесине қарай жолға шығыпты. Ол еле узақта киятырғанда, әкеси улын кѳрип, баўыры елжиреп кетипти. Жуўырып барып, улын қушақлап сүйе баслапты.
21. Улы оған: – Єке, мен Ќудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. Енди сениң улың деп аталыўға ылайықлы емеспен, – депти.
22. Бирақ әкеси хызметшилерине: – Тез болыңлар, ең жақсы кийим әкелип, оған кийгизиңлер. Ќолына жүзик тағып, аяғына аяқ кийим бериңлер.
23. Бағып семиртилген баспақты әкелип сойыңлар, ишип-жеп, кеўил кѳтерейик.
24. Себеби мениң бул улым ѳлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти. Солай етип, олар тойлай баслапты.
25. Сол ўақытта үлкен улы атызда еди. Ќайтып киятырып үйине жақынлағанда, нама ҳәм ойын-күлки сеслерин еситипти.
26. Хызметшилериниң биреўин шақырып алып: – Бул не? – деп сорапты.
27. Хызметши оған: – Иниңиз қайтып келди, әкеңиз оның аман-саў қайтып келгени ушын семиртилген баспақты сойды, – деп жуўап берипти.
28. Үлкен улы ашыўланып, үйге киргиси келмепти. Сонда әкеси сыртқа шығып, оннан ишке кириўди ѳтинипти.
29. Бирақ ол әкесине былай депти: – Мине, мен саған неше жылдан бери хызмет етип киятырман, ҳеш қашан сениң буйрығыңа қарсы шыққан емеспен. Бирақ досларым менен ўақты хошлық етиўим ушын, сен маған бир ылақ та берген жоқсаң.
30. Ал енди болса, мал-мүлкиңди бузық ҳаялларға сарп етип келген мына улыңа семиртилген баспақты сойыпсаң.
31. Єкеси оған: – Улым! Сен ҳәмме ўақыт мениң менен биргесең. Мениң барлық мал-мүлким сеники-ғо.
32. Бирақ бүгин қуўанып, кеўил кѳтериўимиз керек. Ѳйткени сениң бул иниң ѳлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти.
2. Бай оны шақырып алып: – Сен туўралы еситип атырғаным не гәп? Ѳз жумысың бойынша есап бер. Сен буннан былай үй басқарыўшы бола алмайсаң, – депти.
3. Сонда үй басқарыўшы ѳз-ѳзине: – Не қылсам екен? Хожайыным мени жумыстан босатып атыр. Жер қазыўға күшим жетпейди, садақа сораўға уяламан.
4. Басқарыўшылықтан босатылғанымнан соң, адамлар мени үйлерине қабыл қылыўы ушын не ислесем екен? Ҳе, таптым, – депти де,
5. хожайынына қарыздар адамларды бирим-бирим шақырып алып, олардың бириншисинен: – Хожайынымнан қанша қарызың бар? – деп сорапты.
6. Ол: – Жүз батпан май, – деп жуўап берипти. – Тил хатыңды ал да, тез отырып, елиў батпан деп жаз, – депти басқарыўшы.
7. Соңынан басқасынан: – Сениң қанша қарызың бар? – деп сорапты. – Мың қап бийдай, – деп жуўап берипти ол. Оған да: – Тил хатыңды ал да, сегиз жүз қап деп жаз, – депти.
8. Хожайыны наҳақ үй басқарыўшыны ақыллы ис қылғаны ушын мақтапты. Себеби бул дүньяның адамлары ѳзи сыяқлылар арасында Нурдың балаларынан гѳре ақыллырақ ҳәрекет қылады.
9. Мениң сизлерге айтатуғыным: бул дүньяның байлығынан пайдаланып дос арттырыңлар, бул байлық таўсылғанда, олар сизлерди мәңгилик мәканға қабыл қылсын.
10. Кишкене исте исенимли болған адам үлкен исте де исенимли болады, ал кишкене исте садық болмаған адам үлкен исте де садық болмайды.
11. Солай етип, егер сизлер бул дүньяның байлығына садық болмасаңыз, ким сизлерге аспандағы ҳақыйқый байлықты исенип тапсырады?
12. Егер сизлер басқаға тийисли нәрсеге садық болмасаңыз, ким сизлерге ѳзлериңиздикин береди?
13. Ҳеш бир хызметши еки хожаға хызмет ете алмайды. Ѳйткени ол биреўин жек кѳрип, екиншисин жақсы кѳреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳәм Ќудайға, ҳәм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар.
14. Булардың ҳәммесин дүньяхор парисейлер еситип, Ийсаны мазақ қылды.
15. Ийса оларға былай деди: – Сизлер ѳзлериңизди адамлар алдында ҳақ қылып кѳрсетесизлер, бирақ Ќудай кеўиллериңизди биледи. Адамлар қымбат деп санаған нәрсе Ќудай алдында жеркенишли.
16. Яқыяға дейин Мухаддес Нызам ҳәм пайғамбарлар дәўири болды. Сол ўақыттан баслап, Ќудай Патшалығы ҳаққында Хош Хабар жәрияланып киятыр ҳәм ҳәр бир адам оған кириўге күш салып жүр.
17. Бирақ Мухаддес Нызамнан бир ноқат жоғалғанынан гѳре, аспан ҳәм жердиң жоқ болып кетиўи аңсатырақ.
18. Ѳз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаялға үйленген ҳәр бир адам неке ҳадаллығын бузған болады. Күйеўинен ажырасқан ҳаялға үйленген адам да неке ҳадаллығын бузған болады.
19. – Ќымбат баҳалы сәнли кийимлер кийип, ҳәр күни үлкен зыяпатлар беретуғын бир бай адам болыпты.
20. Байдың дәрўазасы алдында пүткил денесин жара басқан Лазар атлы бир тиленши жатады екен.
21. Ол байдың дастурханынан түскен усақлар менен қарнын тойдырыўды әрман етипти. Ийтлер де келип, оның жараларын жалап кетеди екен.
22. Ўақты келгенде тиленши қайтыс болып, периштелер оны Ибрайымның жанына алып барыпты. Бай адам да қайтыс болып, оны жерлепти.
23. Бай дозақ отында азап шегип атырып, басын кѳтерип қарағанда, алыста Ибрайымды ҳәм оның қасындағы Лазарды кѳрипти.
24. Ол қатты бақырып: «Ибрайым ата, маған реҳим ете гѳр! Лазарды жибер, ол бармағының ушын суўға басып, мениң тилиме суў тамызсын. Себеби мен бул от ишинде қатты қыйналып атырман», – депти.
25. Бирақ Ибрайым оған: «Балам, сен ѳмириңде тек жақсылық кѳргениңди, ал Лазардың жаманлық кѳргенин умытпа. Енди болса, ол бул жерде жубаныш таўып, ал сен қыйналып атырсаң.
26. Буның үстине, сизлер менен бизлердиң арамызға үлкен туңғыйық орнатылған. Сонлықтан бул жерден сизлерге ѳтпекши болғанлар ѳте алмайды ҳәм ол жерден де бизлерге ҳеш ким ѳте алмайды», – депти.
27. Сонда бай адам: «Ата, олай болса, сеннен ѳтинемен, Лазарды мениң әкемниң үйине жибер.
28. Ѳйткени мениң бес аға-иним бар. Олар да бул азап шегетуғын жерге түспеўи ушын ол барып, оларды ескертсин», – депти.
29. Бирақ Ибрайым оған: «Оларда Муўса ҳәм басқа пайғамбарлардың Жазыўлары бар-ғо. Оларды тыңласын», – депти.
30. Ал бай адам: «Яқ, Ибрайым ата! Бирақ егер ѳлгенлердиң биреўи тирилип оларға барса, тәўбе етеди», – депти.
31. Сонда Ибрайым оған: «Егер Муўса менен пайғамбарларды тыңламағанда, ѳлгенлердиң биреўи тирилсе де, исенбейди», – деп жуўап берипти.
2. Ол адамның мына кишкенелердиң биреўин азғырғанынан гѳре, мойнына дигирман тасы байланып, теңизге тасланғаны оған жақсырақ болар еди.
3. Абайлы болыңлар! Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған ескертиў жаса. Егер гүнасын мойынласа, оны кешир.
4. Егер ол саған қарсы бир күнниң ишинде жети рет гүна ислесе, жети рет те саған келип: «Гүнамды мойынлайман» десе, оны кешир.
5. Сонда елшилер Ийемиз Ийсаға: – Исенимимизди арттыр, – деди.
6. Ийемиз былай деди: – Егер исенимиңиз қышқыл туқымдай ғана болса да, бул тут ағашына: «Тамырың менен қопарылып, теңизге отырғызыл», – десеңлер, ол сѳзиңизди тыңлайды.
7. Араңызда қайсы бириңиздиң жер айдап ямаса мал бағып жүрген хызметшиси даладан қайтқанда, оған: «Тез келип, дастурханға отыр», – дейди?
8. Керисинше, оған: «Мениң кешки аўқатымды таярла, белиңди буўып, ишип-жеп болғанымша, маған хызмет ет. Соңынан ѳзиң ишип жейсең», – деп айтпай ма?
9. Буйырғанын орынлағаны ушын хызметшисине миннетдаршылық билдирер ме екен?
10. Сол сыяқлы сизлер де ѳзлериңизге буйырылғанның ҳәммесин орынлағаннан соң: «Бизлер арзымайтуғын қуллармыз, тек ўазыйпамызды ғана орынладық», – деңлер.
11. Ийса Ерусалимге баратырып, Самария ҳәм Галила үлкелери арасындағы шегара жерлер арқалы жүрди.
12. Ол бир аўылға кирип киятырғанда мақаў кесел болған он адам гезлести. Олар узақта турып,
13. қатты даўыслап: – Устазымыз Ийса, бизлерге реҳим ет! – деди.
14. Ийса оларды кѳрип: – Барып, ѳзлериңизди руўханийлерге кѳрсетиңлер, – деди. Олар кетип баратырғанда мақаў кеселден жазылып кетти.
15. Олардың ишиндеги биреўи ѳзиниң шыпа тапқанын кѳрип, бәлент даўыс пенен Ќудайды алғыслап, қайтып келди де,
16. Ийсаның аяғына жығылып, Оған миннетдаршылық билдирди. Бул адам самариялы еди.
17. Сонда Ийса: – Шыпа тапқан он адам емес пе еди? Ќалған тоғызы қаяқта?
18. Ќудайға алғыс айтыў ушын, мына шет еллиден басқа ҳеш ким қайтып келмеди ме? – деди.
19. Соң оған: – Орныңнан тур да, кете бер, исенимиң сени қутқарды, – деди.
20. Парисейлер Ќудай Патшалығының қашан келетуғынын сорағанда, Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Ќудай Патшалығы кѳзге кѳринип келмейди.
21. «Мине, бул жерде» ямаса «Єне, ана жерде» деп те айтпайды. Себеби Ќудай Патшалығы сизлердиң ишиңизде, – деди.
22. Соң Ийса шәкиртлерине былай деди: – Адам Улының күнлериниң бирин болса да кѳриўди аңсайтуғын ўақытларыңыз келеди. Бирақ, кѳре алмайсызлар.
23. Сизлерге: «Єне, Ол ана жерде» ямаса «Мине, Ол бул жерде» десе, бармаңлар, олардың излерине ермеңлер.
24. Ѳйткени шақмақ шағып, аспанды бир шетинен екинши шетине дейин жарқыратып жибергендей, Адам Улы да Ѳз күнинде солай пайда болады.
25. Бирақ дәслеп Ол кѳп азап шегип, бул әўлад тәрепинен қабылланбаўы тийис.
26. Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улының күнлеринде де солай болады.
27. Нух кемеге минген күнге дейин адамлар ишип жеди, үйленди, турмысқа шықты. Соңынан суў тасқыны басып, ҳәммени набыт қылды.
28. Луттың заманында да сондай болды: адамлар ишип жеди, саўда-сатық иследи, егин екти, жай салды.
29. Бирақ, Лут Содом қаласынан шыққан күни аспаннан от ҳәм күкирт жаўып, ҳәммени набыт қылды.
30. Адам Улы пайда болатуғын күни де тап сондай болады.
31. Сол күни тамның тѳбесинде болған адамның затлары үйинде қалса, оларды алайын деп тѳменге түспесин. Ким де ким атызда болса, үйине қайтпасын.
32. Луттың ҳаялын еске түсириңлер!
33. Ким де ким ѳз жанын сақламақшы болса, ол оны набыт қылады, ал ким де ким ѳз жанын набыт қылса, ол оны сақлайды.
34. Сизлерге айтатуғыным: сол түни бир тѳсекте жатырған еки адамның биреўи алынады, екиншиси қалдырылады.
35. Бирге дигирман тартқан еки ҳаялдың биреўи алынады, екиншиси қалдырылады.
36. -
37. Сонда шәкиртлери Ийсадан: – Ийем, бул ўақыялар қай жерде болады, – деп сорады. Ийса оларға: – Ѳлик қай жерде болса, қузғынлар да сол жерге жыйналады, – деди.
2. Ол былай деди: – Бир қалада Ќудайдан да қорқпайтуғын, адамлардан да уялмайтуғын бир қазы болыпты.
3. Сол қалада бир жесир ҳаял да турады екен. Ҳаял оған қайта-қайта келип: «Мениң ҳуқықымды даўласымнан қорғаң», – деп ѳтине береди екен.
4. Бирақ қазы кѳп ўақытқа дейин буны ислегиси келмепти. Соңынан ѳз ѳзине: «Мен Ќудайдан да қорқпайман, адамлардан да уялмайман.
5. Бирақ, мына жесир ҳаял маған тынышлық бермей атырғаны ушын оның ҳуқықын қорғай қояйын. Болмаса, ол қайта-қайта келип, мениң мазамды алар», – депти.
6. Ийемиз Ийса сѳзин даўам етип былай деди: – Єдилсиз қазының сѳзлерине қулақ салыңлар.
7. Ќудай Ѳзине күни-түни жалбарынып атырған, Ѳзи таңлап алған адамлардың ҳуқықын қорғамай ма? Оларды кѳп күттирип қоя ма?
8. Сизлерге айтатуғыным: кѳп кешикпей олардың ҳуқықын қорғайды. Бирақ Адам Улы келгенде, жер жүзинде исеним табар ма екен?
9. Ѳзлериниң ҳақлығына исенип, басқаларды кемситетуғын айырым адамларға Ийса мына тымсалды да айтып берди:
10. – Еки адам дуўа етиў ушын Ибадатханаға кирипти. Олардың биреўи парисей, екиншиси салықшы екен.
11. Парисей турып алып мынадай деп дуўа етипти: «О, Ќудайым! Мен басқа адамлардай тонаўшы, наҳақ, неке ҳадаллығын бузыўшы ямаса, ҳәтте, мына салықшы сыяқлы болмағаным ушын, Саған шүкирлик етемен.
12. Ҳәптесине еки мәрте ораза тутаман. Барлық тапқан табысымның оннан бирин беремен».
13. Ал салықшы алыста турып, кѳзин аспанға кѳтериўге де батылы бармай, қатты ѳкинип: «О, Ќудайым! Мендей гүнакарға реҳим ет!» – депти.
14. Сизлерге айтатуғыным: парисей емес, ал усы адам ақланып үйине қайтыпты. Себеби ѳзин жоқары тутқан ҳәр бир адам пәслетиледи, ал ѳзин пәс тутқан адам жоқары болады.
15. Ќолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға бѳбеклерин алып келди. Шәкиртлери буны кѳрип, оларға кейиди.
16. Бирақ Ийса оларды қасына шақырып алып, шәкиртлерине: – Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Ѳйткени Ќудай Патшалығы усындайлардики.
17. Сизлерге шынын айтаман: ким де ким Ќудай Патшалығын кишкене бала сыяқлы қабыл етпесе, ол оған кире алмайды, – деди.
18. Бир басшы Ийсадан: – Ийгиликли Устаз! Мәңгилик ѳмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
19. Ийса оған: – Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Ќудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес.
20. Оның буйрықларын билесең-ғо: «Неке ҳадаллығын бузба, адам ѳлтирме, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, ата-анаңды ҳүрметле», – деди.
21. Бирақ ол: – Булардың ҳәммесин мен бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди.
22. Буны еситкен Ийса оған: – Саған және бир нәрсе жетиспейди. Барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.
23. Басшы буны еситип, қатты қапа болды. Себеби ол жүдә бай еди.
24. Ийса оның қапа болғанын кѳрип: – Байлығы барлардың Ќудай Патшалығына кириўи қандай қыйын!
25. Бай адамның Ќудай Патшалығына кириўинен гѳре, түйеге ийнениң кѳзинен ѳтиў аңсатырақ, – деди.
26. Буны еситкенлер: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деп сорады.
27. – Адамлардың қолынан келмеген нәрсе Ќудайдың қолынан келеди, – деди Ийса.
28. Сонда Петр: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик, – деди.
29. Ийса шәкиртлерине: – Сизлерге шынын айтаман: Ќудай Патшалығы ушын я үйин, я ҳаялын, я туўысқанларын, я ата-анасын, я балаларын қалдырып кеткен ҳәр бир адам
30. бул дүньяда неше есе артығы менен алады ҳәм келешекте мәңгилик ѳмирге ийе болады, – деди.
31. Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға былай деди: – Минекей, бизлер енди Ерусалимге қарай кѳтерилип баратырмыз. Сол жерде пайғамбарлардың Адам Улы туўралы жазғанларының ҳәммеси орынланады.
32. Ол басқа миллет адамларына услап бериледи. Олар Оның үстинен күледи, масқаралайды, бетине түкиреди
33. ҳәм қамшылап сабап, ѳлтиреди. Ал Ол үшинши күни қайта тириледи.
34. Бирақ шәкиртлери бул сѳзлерден ҳеш нәрсе түсинбеди. Бул сѳзлер оларға жасырын болып, айтылғанлардың мәнисин аңламады.
35. Ийса Ерихо қаласына жақынлағанда, жолдың шетинде тиленшилик етип, бир соқыр адам отыр еди.
36. Ќасынан адамлардың ѳтип баратырғанын еситкен ол: – Не болып атыр? – деп сорады.
37. – Насыралы Ийса ѳтип баратыр, – дести адамлар оған.
38. Сонда ол: – Даўыттың Урпағы Ийса! Маған реҳим ете гѳр! – деп бақырып жиберди.
39. Алдында кетип баратырғанлар үнин шығармаўды айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып: – Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гѳр! – деди.
40. Сонда Ийса тоқтап, соқыр адамды қасына алып келиўди буйырды. Соқыр адам жақынлағанда, Ийса оннан:
41. – Сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады. – Ийем, кѳзлерим кѳретуғын болсын, – деди ол.
42. Ийса оған: – Кѳзлериң кѳретуғын болсын, исенимиң сени қутқарды, – деди.
43. Сол ўақытта-ақ соқыр адамның кѳзлери кѳре баслады ҳәм Ќудайды алғыслап, Ийсаның изине ерди. Буны кѳрген пүткил халық та Ќудайды мақтады.
2. Сол жерде Зақай атлы бир адам бар еди. Ѳзи салықшылардың баслығы болып, бай адам еди.
3. Ол Ийсаның қандай екенлигин кѳриўге умтылатуғын еди. Бирақ адамлар кѳп болғанлықтан, кѳре алмады. Ѳйткени оның бойы пәс еди.
4. Ийсаны кѳриў ушын ол алға қарай жуўырып, жабайы әнжир терегине шығып алды. Себеби Ийса усы жерден ѳтиўи керек еди.
5. Ийса сол жерге келгенде жоқарыға қарап, оған: – Зақай, тезирек тѳмен түс! Бүгин сениң үйиңде қалыўым керек, – деди.
6. Ол тезлик пенен тѳмен түсип, Ийсаны қуўаныш пенен қабыл алды.
7. Буны кѳргенлердиң ҳәммеси: – Ол гүнакар адамның үйине қонаққа барды, – деп наразылық билдире баслады.
8. Бирақ Зақай орнынан турып, Ийемизге: – Ийем, мал-мүлкимниң ярымын жарлыларға беремен. Егер кимниң ҳақын жеген болсам, тѳрт есе артығы менен қайтарып беремен, – деди.
9. Сонда Ийса: – Бүгин бул үйге қутқарылыў келди. Ѳйткени бул адам да Ибрайымның урпағы-ғо.
10. Себеби Адам Улы адасқанларды таўып, қутқарыў ушын келди, – деди.
11. Буларды тыңлап отырғанларға Ийса тымсал менен сѳзин даўам етти. Ѳйткени Ол Ерусалимге жақынласып қалғанлықтан, олар: «Ќудай Патшалығы жақын арада келеди», – деп ойлаған еди.
12. Сонлықтан Ийса былай деди: – Бир ақсүйек адам ѳзине патшалық бийлигин алып қайтыў ушын, узақ елге кетпекши болыпты.
13. Ол ѳзиниң он хызметшисин шақырып алып: «Мен қайтып келемен дегенше, бул ақшаны айланысқа жибериңлер», – деп, оларға он мина берипти.
14. Бирақ оған қараслы пуқаралар оны жек кѳретуғын еди. Сонлықтан оның изинен ўәкиллерин жиберип: «Оның бизлердиң үстимизден патша болыўын қәлемеймиз», – деп айтып қалыпты.
15. Бирақ ол патша болып қайтып келгенде, ѳзи берген ақшалар менен ким қанша арттырғанын билиў ушын хызметшилерин ѳзине шақыртыпты.
16. Бириншиси келип: «Хожайын! Сениң бир минаң және он мина арттырды», – депти.
17. Хожайыны оған: «Бәрекелла, жақсы хызметшим! Кишкене исте исенимли болғаның ушын, сен он қала үстинен басқарыўға бийлик аласаң», – депти.
18. Екиншиси келип: «Хожайын, сениң бир минаң және бес мина арттырды», – депти.
19. Хожайыны оған да: «Сен бес қаланың үстинен басқарыўшы боласаң», – депти.
20. Соңынан басқасы да келип: «Хожайын! Мине, сениң минаң. Мен оны бет орамалға түйип сақладым.
21. Мен сеннен қорқтым. Себеби сен қоймаған жериңнен алып, екпеген жериңнен оратуғын қатал адамсаң», – депти.
22. Хожайыны оған: «Ҳәй, жаман хызметши! Сени ѳз аўзыңнан шыққан сѳзлериң менен айыплайман. Мениң қоймаған жерден алатуғын, екпеген жерден оратуғын қатал адам екенимди биледи екенсең,
23. неге енди ақшамды айланысқа берип жибермедиң? Сонда мен қайтып келгенимде, оны пайдасы менен қайтарып алар едим-ғо», – депти.
24. Соң қасында турғанларға қарап: «Оннан минаны алың да, он минасы барға бериңлер», – депти.
25. «Хожайын, оның он минасы бар-ғо», – десипти олар.
26. Сизлерге айтатуғыным: кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады.
27. Енди үстилеринен патша болыўымды қәлемеген душпанларымды бул жерге алып келиң де, кѳзимниң алдында ѳлтириңлер, – депти патша.
28. Усыларды айтып болғаннан кейин Ийса жол баслап, Ерусалимге қарай жүрди.
29. Ол Зәйтүн деп аталатуғын таўдың етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде еки шәкиртин жумсап,
30. оларға былай деди: – Ќарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған киргениңизде, еле ҳеш ким минбеген, байлап қойылған гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер.
31. Егер биреў: «Оны неге шешип атырсызлар?» – деп сораса, «Ол Ийемизге керек», – деп айтыңлар.
32. Жиберилгенлер барып, Ийсаның ѳзлерине айтқанларын анық тапты.
33. Олар гүррени шешип атырғанда, оның ийелери: – Гүррени неге шешип атырсызлар? – деп сорады.
34. Олар: – Ол Ийемизге керек, – деп жуўап берди.
35. Олар гүррени Ийсаға алып келди. Оның үстине ѳзлериниң шапанларын салып, оған Ийсаны миндирди.
36. Ийса баратырғанда, адамлар жолға шапанларын тѳседи.
37. Ийса Зәйтүн таўынан тѳмен түсетуғын жерге жақынлағанда, Оның барлық шәкиртлериниң топары ѳзлери кѳрген барлық кәраматлары ушын қуўанышлы түрде бәлент даўыс пенен Ќудайға мақтаўлар айта баслады:
38. «Ийемиздиң атынан келиўши Патша жарылқанған! Аспанда тынышлық, ең жоқарыдағы Ќудайға алғыс болсын!»
39. Халық арасында турған гейбир парисейлер Ийсаға: – Устаз, шәкиртлериңе тыйым сал, – деди.
40. Ийса оларға: – Сизлерге айтатуғыным: егер олар үндемей қалса, таслар бақырады, – деди.
41. Ийса Ерусалимге жақынлағанда оны кѳрип жылап жиберди де:
42. – Оҳ, ҳеш болмаса усы күниңде тынышлығыңа нелер керек екенин билсең еди! Бирақ бул ҳәзир сениң кѳзлериңнен жасырылған.
43. Душпанларың бекинислер жасап, сени қоршап, жән-жақтан қысатуғын күнлер басыңа түседи.
44. Олар сени ҳәм сениң ишиңдеги балаларыңды жер менен жексен қылады. Сенде тас үстинде тас қалдырмайды. Ѳйткени сен Ќудайдың саған келген ўақтын билмедиң, – деди.
45. Соңынан Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшыларды қуўып шығара баслады.
46. Оларға: – «Мениң үйим дуўа ететуғын үй болады», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар! – деди.
47. Ийса ҳәр күни Ибадатханада тәлим беретуғын еди. Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм халық басшылары Оны жоқ қылыўдың жолын изледи.
48. Бирақ буның илажын таба алмады, себеби пүткил халық Ийсаның сѳзлерин жан-тәни менен тыңлайтуғын еди.
2. Оннан: – Бизлерге айтшы, бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады.
3. Ийса жуўап қайтарып: – Мен де сизлерден бир нәрсени сорайын. Айтыңларшы:
4. Яқыяның шомылдырыўы аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? – деди.
5. Олар ѳз ара ойласып: – Егер «аспаннан» десек, Ол бизлерге: «Онда неге сизлер оған исенбедиңлер», – деп айтар.
6. Ал егер «адамлардан» десек, пүткил халық бизлерге тас атар, ѳйткени олар Яқыяның пайғамбар екенине исенеди, – дести.
7. Сонлықтан олар Ийсаға: – Ќаяқтан екенин билмеймиз, – деп жуўап берди.
8. Сонда Ийса оларға: – Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.
9. Соңынан Ийса халыққа мына тымсалды айтып берди: – Бир адам жүзим бағын отырғызыпты ҳәм оны дийханларға ижараға берип, ѳзи узақ ўақытқа алыс жерге кетип қалыпты.
10. Терим мәўсими келгенде, бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, ол дийханларға ѳзиниң бир хызметшисин жиберипти. Бирақ дийханлар оны урып, қуры қол қайтарыпты.
11. Ол басқа хызметшисин жибергенде, оны да урып, масқаралап, қуры қол қайтарыпты.
12. Үшиншисин жумсағанда, оны да жарадар етип, қуўып жиберипти.
13. Сонда жүзим бағының ийеси: «Не қылсам екен? Сүйикли улымды жиберейин. Мүмкин, оны ҳүрмет етер», – депти.
14. Бирақ дийханлар оны кѳрип, ѳз ара ойласып: «Бул мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны ѳлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти де,
15. оны жүзим бағынан сыртқа шығарып, ѳлтирипти. Енди жүзим бағының ийеси оларға не ислейди?
16. Ол келип, сол дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди. Буны еситкенлер: – Ќудай сақласын! – дести.
17. Бирақ Ийса кѳзлерин оларға тигип: – Олай болса, Мухаддес Жазыўдағы: «Ќурылысшылар керексиз деп таслаған тас, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды», – деген сѳзлер нени аңлатады?
18. Сол тасқа түскен ҳәр бир адамның шыл-пәршеси шығады. Тас кимниң үстине түссе, соны женшип таслайды, – деди.
19. Ийсаның бул тымсалды ѳзлерине тийгизип айтып атырғанын түсинген диний муғаллимлер менен бас руўханийлер Оны сол ўақытта-ақ қолға алыўға тырысты, бирақ халықтан қорқты.
20. Олар Ийсаны дыққат пенен аңлый баслады. Ийсаны сѳзинен тутып, Оны ҳәкимниң бийлигине ҳәм ҳүкимине тапсырыў ушын, Оған ѳзлерин ҳақ нийетли қылып кѳрсететуғын жансызларды жиберди.
21. Жансызлар Ийсадан: – Устаз, бизлер Сениң ҳақыйқатты айтып тәлим берип атырғаныңды билемиз. Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, Ќудайдың жолын дурыс үйретип отырсаң.
22. Айтшы, бизлердиң Рим патшасы-Ќайсарға салық тѳлеўимиз дурыс па ямаса надурыс па? – деп сорады.
23. Бирақ Ийса олардың ҳийлесин түсинип, оларға:
24. – Маған бир динар кѳрсетиңлер. Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деди. Олар: – Ќайсардың, – деп жуўап берди.
25. Сонда Ийса: – Олай болса, Ќайсардың ҳақын Ќайсарға, Ќудайдың ҳақын Ќудайға бериңлер, – деди.
26. Солай етип, олар Ийсаны халық алдында айтқан бирде бир сѳзинен тута алмады. Оның жуўапларына таң қалысып, лал болып қалды.
27. Ќайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң айырымлары Ийсаға келип, Оннан:
28. – Устаз, Муўса бизлерге: «Егер биреўдиң ағасы баласыз ѳлип ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, ѳз ағасының урпағын даўам еттирсин», – деп жазып қалдырған.
29. Жети ағайинли бар еди: бириншиси үйленип, баласыз ѳлди.
30. Екиншиси де,
31. үшиншиси де сол ҳаялды алды. Ҳаялды жетеўиниң ҳәммеси де алып, бала қалдырмай ѳлип кетти.
32. Ең соңында ҳаялдың ѳзи де қайтыс болды.
33. Ал қайта тирилиўде ол жетеўиниң ишинде қайсысының ҳаялы болады? Ол жетеўине де ҳаял болған еди-ғо, – деп сорады.
34. Ийса жуўап берип былай деди: – Бул дүньяның адамлары үйленеди ҳәм турмысқа шығады.
35. Ал келеси дүньяға ҳәм ѳлимнен қайта тирилиўге ылайықлы болғанлар үйленбейди де, турмысқа да шықпайды.
36. Олар периштелер сыяқлы болғанлықтан, енди ѳлмейди. Ѳлимнен қайта тирилгенликтен, Ќудайдың балалары болады.
37. Муўса да ѳлгенлердиң қайта тирилетуғынын жанып турған пута ҳаққында аятта кѳрсеткен еди. Ол сол жерде Жаратқан Ийемизди: «Ибрайымның Ќудайы, Ысақтың Ќудайы, Яқыптың Ќудайы» деп атаған.
38. Ќудай ѳлилердиң емес, ал тирилердиң Ќудайы. Себеби Оған тийисли адамлардың ҳәммеси тири.
39. Диний муғаллимлердиң гейбиреўлери: – Устаз, Сен дурыс айттың, – деди.
40. Оған және сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.
41. Ийса оларға былай деди: – Неге Масихты Даўыттың Урпағы деседи?
42. Даўыттың ѳзи Забурда: «Ийем мениң Ийеме айтты:
43. „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“» – деген-ғо.
44. Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның Урпағы болады?
45. Пүткил халық тыңлап турғанда, Ийса Ѳз шәкиртлерине:
46. – Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийиўди, базар майданларында ѳзлерине сәлем берилиўин, мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда тѳрде отырыўды жақсы кѳреди.
47. Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, кѳзге кѳриниў ушын узын дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди.
2. Ол бир ғәрип жесир ҳаялдың да еки тийин салғанын кѳрип:
3. – Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: бул жарлы жесир ҳаял ҳәммеден кѳп салды.
4. Ѳйткени булардың ҳәммеси ѳз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн кѳрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди.
5. Гейбиреўлер Ибадатхананың сулыў таслар ҳәм Ќудайға арналған сыйлар менен безетилгенин айтып турғанда, Ийса:
6. – Сизлер усы жерде кѳрип турғанларыңыздан тас үстинде тас қалмай, ҳәммеси қыйратылатуғын күнлер келеди, – деди.
7. Олар Ийсадан: – Устаз, булар қашан болады? Булардың болатуғынын алдын ала қандай белги билдиреди? – деп сорады.
8. Ийса оларға: – Алданыўдан сақ болыңлар! Себеби кѳплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» ямаса «Ўақыт жақын» дейди. Олардың излерине ермеңлер.
9. Урыслар ҳәм кѳтерилислер ҳаққында еситкениңизде, қорқпаңлар. Ѳйткени дәслеп усылар болыўы тийис. Бирақ ақыры дәрҳал келмейди, – деди.
10. Соңынан Ийса оларға былай деди: – Миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы кѳтериледи.
11. Күшли жер силкиниўлер, кѳп жерлерде ашаршылықлар ҳәм қырғынлар болады. Аспаннан қорқынышлы қубылыслар ҳәм уллы кәраматлы белгилер жүз береди.
12. Бирақ булардың ҳәммесинен бурын адамлар сизлерди услап алып қуўғын қылады, мәжилисханаларға тапсырып, қамаққа салады. Мениң атым ушын сизлерди патшалар менен ҳәкимлердиң алдына алып барады.
13. Сонда сизлерге Мен туўралы гүўалық бериўге мүмкиншилик туўылады.
14. Сонлықтан ѳзлериңизди қалай қорғаўды алдын ала ойламаўды кеўиллериңизге түйип алыңлар.
15. Себеби Мен сизлерге сондай шешенлик пенен даналық беремен, сизлерге қарсы шыққанлардың ҳеш қайсысы да қарсы сѳйлей де, сѳзлериңизди бийкарлай да алмай қалады.
16. Ҳәтте, ата-ана, аға-ини, ағайин-туўған ҳәм досларыңыз да сизлерге сатқынлық ислейди. Ал гейбиреўлериңизди ѳлтиреди.
17. Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек кѳреди.
18. Бирақ басларыңыздағы бир тал шаш та набыт болмайды.
19. Сабырлық пенен ѳз жаныңызды қутқарасызлар.
20. – Ерусалимди әскерлердиң қоршап алғанын кѳргениңизде, оның ўайран болатуғын ўақтының жақынлағанын билиңлер.
21. Сонда Яҳудиядағылар таўларға қашсын. Ќаланың ишиндегилер тез сыртқа шықсын, әтираптағылар қалаға кирмесин.
22. Ѳйткени сол күнлер Мухаддес Жазыўда айтылғанлардың ҳәммеси орынланатуғын жаза күнлери болады.
23. Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! Себеби жер жүзинде үлкен апатшылық болып, бул халық Ќудайдың ғәзебине ушырайды.
24. Олар қылыш жүзинен ѳткерилип, барлық еллерге тутқын етилип алып кетиледи. Басқа миллетлердиң дәўраны тамам болмағанша, Ерусалим олар тәрепинен аяқ асты қылынады.
25. – Ќуяш, ай ҳәм жулдызларда кәраматлы белгилер пайда болады. Жер жүзинде халықлар теңиздиң шуўлап толқынланғанынан үмитсизликке түсип албырайды.
26. Адамлар дүньяға киятырған апатшылықты күтип, қорқыўдан ҳәлсизленеди. Ѳйткени аспан күшлери силкинеди.
27. Сонда адамлар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен бултта киятырғанын кѳреди.
28. Бул ўақыялар бола баслағанда турып, басларыңызды кѳтериңлер. Себеби қутқарылыўыңыз жақын.
29. Ийса оларға мына тымсалды айтып берди: – Єнжир ағашына ҳәм басқа барлық тереклерге қараңлар.
30. Олардың жапырақ шығара баслағанын кѳргениңизде, жаздың жақынлағанын ѳзлериңиз билесизлер.
31. Сол сыяқлы, сизлер бул ўақыялардың болып атырғанын кѳргениңизде, Ќудай Патшалығының жақын екенин билиңлер.
32. Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпесинен бурын булардың ҳәммеси болады.
33. Аспан ҳәм жер жойылады, бирақ Мениң сѳзлерим ҳеш жойылмайды.
34. Сақ болыңлар! Шағал мәслик қылып, мәс болып, турмыс тәшиўишлери астында жүреклериңизди аўыр жүк баспасын. Және сол күн сизлерге тор сыяқлы тосаттан түспесин.
35. Ѳйткени сол күн пүткил жер жүзинде жасаўшылардың басына түседи.
36. Сол себептен болажақ бул ислерден қутылып, Адам Улы алдында тура алыў ушын ҳәмме ўақыт сергек болып, дуўа етиңлер.
37. Ийса күндиз Ибадатханада тәлим берип, ал түнлерин болса қаладан шығып, Зәйтүн таўында ѳткизетуғын еди.
38. Таң атыўдан пүткил халық Ийсаны тыңлаў ушын Ибадатханаға келетуғын еди.
2. Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер халықтан қорққанлықтан, Ийсаны жасырын түрде ѳлтириўдиң жолын изледи.
3. Сонда он еки елшиниң бири – Исқариот деп аталған Яҳуданың ишине шайтан кирип алды.
4. Яҳуда барып, бас руўханийлер ҳәм Ибадатхананың бас қараўыллары менен Ийсаны оларға қалай услап бериўди ойласты.
5. Олар қуўанысып, оған ақша бериўге келисим берди.
6. Яҳуда ўәде берип, Ийсаны оларға халық жоқ жерде услап бериў ушын қолайлы пайыт изледи.
7. Ќутқарылыў байрамының қозысы шалыныўы керек болған Ашытқысыз нан байрамы жетип келди.
8. Ийса Петр менен Юханды жиберип: – Барыңлар, бизлер ушын Ќутқарылыў байрамының асын таярлаңлар, – деди.
9. Олар: – Ќай жерде таярлаўымызды қәлейсең? – деп сорады.
10. Ийса оларға былай деди: – Ќалаға киргениңизде, гүзе менен суў кѳтерип киятырған адамға гезлесесиз. Оның изине ерип, ол кирген үйге кириңлер
11. ҳәм үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бѳлмем қәне?“ – деп сеннен сорап атыр», – деңлер.
12. Ол сизлерге тѳсеклер тѳселген жоқарыдағы үлкен бѳлмени кѳрсетеди. Сол жерде таярлаңлар.
13. Олар барып, Ийсаның айтқанларының ҳәммесин таўып, байрам асын таярлады.
14. Аўқатланатуғын ўақыт болғанда, Ийса елшилери менен бирге дастурхан әтирапына отырды.
15. Оларға: – Азап шекпесимнен бурын бул байрам асын сизлер менен бирге жеўди қатты қәлеген едим.
16. Сизлерге айтатуғыным: бул Ќудай Патшалығында орынланбағанша, Мен бул асты енди жемеймен, – деди.
17. Соңынан Ийса қолына кесени алып, шүкирлик етти де: – Буны алып, ѳз ара бѳлисип ишиңлер.
18. Себеби Мениң сизлерге айтатуғыным: Ќудай Патшалығы келмегенше, Мен енди жүзим ишимлигинен ишпеймен, – деди.
19. Соң нанды алып, Ќудайға шүкирлик етти ҳәм оны сындырып, оларға берди де: – Бул – сизлер ушын берилетуғын Мениң денем. Мени еслеп турыў ушын буны ислеңлер, – деди.
20. Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып: – Бул – Мениң сизлер ушын тѳгилетуғын қаным менен бекитилетуғын Жаңа Келисим.
21. Бирақ қараңлар, Мени сататуғын адамның қолы Мениң қолым менен бирге дастурханда.
22. Адам Улы Ќудай алдын ала белгилегендей баратыр. Бирақ Оған сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! – деди.
23. Шәкиртлер бир-биринен: – Бул исти ислейтуғын қайсысымыз? – деп сорай баслады.
24. Шәкиртлер арасында қайсысының ең уллы болып есапланыўы керек екени ҳаққында бир тартыс та пайда болды.
25. Ийса оларға былай деди: – Миллетлердиң патшалары ѳз халықлары үстинен үстемлик етеди, оларға бийлик етиўшилер «халықтың қайырқомлары» деп аталады.
26. Бирақ сизлер бундай болмаңлар. Керисинше, араңызда ең үлкен болған ең кишидей болсын, басшы да хызметшидей болсын.
27. Ќайсы бири уллы: дастурхан басында отырған ба ямаса хызмет етип турған ба? Дастурхан басында отырған емес пе? Бирақ Мен сизлердиң араңызда хызметшидеймен.
28. Сынаўдан ѳткен ўақтымда сизлер Мениң менен бирге болдыңлар.
29. Єкем Маған патшалық бийлигин бергени сыяқлы, Мен де сизлерге патшалық бийлигин беремен.
30. Солай етип, сизлер Мениң Патшалығымның дастурханы әтирапында ишип жейсизлер, тахтларда отырып, Израилдың он еки урыўын ҳүким етесизлер.
31. Ийса Петрге: – Симон, Симон! Адамлардың бийдайды кепшик пенен желпигени сыяқлы, шайтан сизлерди сынаў ушын рухсат сораған еди.
32. Бирақ Мен исенимиң таўсылмасын деп, сен ушын дуўа еттим. Сен Маған қайтып келгениңде, туўысқанларыңның исенимин беккемле, – деди.
33. Симон Ийсаға: – Ийем! Сениң менен бирге қамаққа да, ѳлимге де барыўға таярман, – деди.
34. Бирақ Ийса оған: – Петр, саған айтатуғыным: бүгин қораз шақырмастан бурын сен Мени танымайман деп, Меннен үш рет танасаң, – деди.
35. Соң Ийса шәкиртлерине: – Мен сизлерди шыжлансыз, дорбасыз, аяқ кийимсиз жибергенимде, не нәрседен кемшилик кѳрдиңлер? – деди. – Ҳеш нәрседен, – деп жуўап берди олар.
36. Сонда Ийса оларға: – Ал енди кимниң шыжланы болса, оны алып жүрсин. Және дорбасын да алсын. Кимниң қылышы болмаса, кийимин сатып, қылыш алсын.
37. Ѳйткени сизлерге айтатуғыным: Мухаддес Жазыўдағы: «Ол жынаятшыларға қосып саналды», – деген аят Менде әмелге асыўы керек. Аўа, Мен туўралы жазылғанлар орынланып атыр, – деди.
38. – Ийем! Ќара, бул жерде еки қылыш бар, – деди олар. – Сол жетеди, – деди Ийса.
39. Ийса шығып, Ѳз әдети бойынша Зәйтүн таўына кетти. Шәкиртлери де Оның изине ерди.
40. Сол жерге келгенде, Ийса оларға: – Азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер, – деди.
41. Ѳзи олардан тас ылақтырым жердей аўлағырақ барып, дизерлеп отырды да, былай деп дуўа етти:
42. – О, Єкем, егер Сен қәлесең, бул азап кесесин Меннен ѳткизип жибер. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын.
43. Сонда аспаннан бир периште Ийсаға кѳринип, Оған күш берди.
44. Ол азап шегип атырып, және де күшлирек дуўа етти. Оның тери жерге тамған қан тамшылары сыяқлы еди.
45. Ийса дуўа етип болып, орнынан турды да, шәкиртлериниң қасына келди. Олардың қайғыдан шаршап, уйықлап атырғанын кѳрди.
46. Оларға: – Неге уйықлап атырсызлар? Турыңлар, азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер, – деди.
47. Ийса еле сѳйлеп турғанда, бир топар адамлар пайда болды. Олардың алдында он еки шәкиртиниң бири Яҳуда киятыр еди. Ол Ийсаны сүйиў ушын Оған жақынласты.
48. Ийса оған: – Яҳуда! Сен Адам Улын сүйип турып, Оған сатқынлық ислейсең бе? – деди.
49. Ийсаның қасындағылар не болажағын сезип: – Ийем, қылышты иске салайық па? – деди.
50. Олардың биреўи бас руўханийдиң қулының оң қулағын шаўып таслады.
51. Бирақ Ийса: – Тоқтатыңлар, жетер енди! – деп қулдың қулағына қолын тийгизип, жазып жиберди.
52. Соң Ийса Ѳзин услаўға келген бас руўханийлерге, Ибадатхананың бас қараўылларына ҳәм ақсақалларға былай деди: – Мени услаў ушын жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме?
53. Мен ҳәр күни сизлер менен бирге Ибадатханада болғанымда, Маған қарсы қол кѳтермедиңлер. Бирақ енди заман сизики, ҳәзир қараңғылық үстемлик ететуғын ўақыт.
54. Олар Ийсаны услап, бас руўханийдиң үйине алып барды. Ал Петр узақтан ерип келди.
55. Ҳәўлиниң ортасына от жағып, ҳәммеси бирге отырғанда, Петр де олардың арасында отырған еди.
56. Бир шоры қыз Петрдиң оттың қасында отырғанын кѳрип, оған тигилип қарады да: – Бул адам да Оның менен бирге еди, – деди.
57. Бирақ Петр қызға: – Яқ, қарындасым, мен Оны танымайман, – деп Ийсадан танды.
58. Бираздан кейин басқа биреў де Петрди кѳрип: – Сен де солардың бирисең, – деди. Бирақ Петр оған: – Яқ, аға, мен олардан емеспен, – деди.
59. Бир сааттай ѳткеннен соң, тағы биреў: – Расында да, мына адам Оның менен бирге болған, себеби ол галилалы-ғо, – деди беккем исеним менен.
60. Бирақ Петр оған да: – Аға, сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди. Тап сол ўақытта, ол сѳйлеп турғанда, қораз шақырды.
61. Ийемиз Ийса бурылып, Петрге қарады. Сонда Петр Ийемиздиң: «Бүгин қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң», – деген сѳзин есине түсирди.
62. Сыртқа шығып кетип, ѳкирип жылады.
63. Ийсаны услап турған адамлар Оны масқаралап ура баслады.
64. Оның кѳзлерин байлап, Оннан: – Ўәлийлик етип айт, Сени ким урды? – деп сорады.
65. Оған және басқа да кѳп жаман сѳзлер айтты.
66. Таң атқаннан кейин, халық ақсақаллары, яғный бас руўханийлер менен диний муғаллимлер бирге жыйналып мәсләҳәтлести де, Ийсаны ѳзлериниң жоқарғы кеңесине апарды.
67. Оннан: – Бизлерге айт, Сен Масихпысаң? – деп сорады. Ийса оларға: – Мен сизлерге айтсам да, исенбейсизлер.
68. Сизлерге сораў берсем де, жуўап бермейсизлер.
69. Бирақ ендигиден былай, Адам Улы қүдиретли Ќудайдың оң жағында отырады, – деди.
70. Сонда ҳәммеси: – Демек, Сен Ќудайдың Улымысаң? – деп сорады. Ийса оларға: – Мениң Сол екенимди ѳзлериңиз айттыңыз, – деп жуўап берди.
71. Сонда олар: – Бизлерге және қандай гүўалық керек? Ѳз аўзынан еситтик-ғо, – дести.
2. Оны былай деп айыплай баслады: – Бизлер бул Адамның халқымызды жолдан азғырып жүргенин анықладық. Ол Рим патшасы-Ќайсарға салық тѳлеўге қарсы шығып, Ѳзин Масихпан, яғный Патшаман деп атайды.
3. Пилат Ийсадан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди ѳзиң айттың, – деп жуўап берди.
4. Пилат бас руўханийлер менен халыққа: – Мен бул Адамнан ҳеш бир айып таппай турман, – деди.
5. Бирақ олар айтқанынан қайтпай: – Ол Галила үлкесинен баслап, ҳәтте, усы жерге дейин пүткил Яҳудияда Ѳз тәлийматын тарқатып, халыққа қозғалаң салып жүр, – дести.
6. Пилат буны еситкенде: – Бул Адам галилалы ма? – деп сорады.
7. Ийсаның Ҳиродқа қараслы үлкеден екенин билгенде, Пилат Оны Ҳиродқа жиберди. Сол күнлери Ҳиродтың ѳзи де Ерусалимде еди.
8. Ҳирод Ийсаны кѳргенде қатты қуўанды. Ѳйткени Ол туўралы кѳп еситкенликтен, Оны бурыннан кѳргиси келетуғын ҳәм бир кәрамат кѳрсетер деп үмитленетуғын еди.
9. Ол Ийсаға кѳп сораўлар берди, бирақ Ийса ҳеш жуўап бермеди.
10. Ал бас руўханийлер менен диний муғаллимлер сол жерде турып, Ийсаны қатты айыплады.
11. Ҳирод та ѳз әскерлери менен бирге Оны кемситип масқаралады да, Оған патшаның липасын кийгизип, Пилатқа қайтарып жиберди.
12. Бул ўақыядан бурын бир-бирине душпан болып келген Ҳирод пенен Пилат сол күни дос болып қалды.
13. Пилат бас руўханийлерди, басшыларды ҳәм халықты шақыртып алып,
14. оларға: – Сизлер маған бул Адамды халықты жолдан азғырып жүр деп, алып келдиңлер. Мине, мен сизлердиң кѳз алдыңызда Оны тергесем де, сизлердиң қойған айыпларыңыздың биреўин де Оннан таппадым.
15. Ҳирод та ҳеш нәрсе таппай, Оны бизлерге қайтарып жиберди. Кѳрип турғаныңыздай, Ол ѳлим жазасына ылайық ҳеш нәрсе ислемеген.
16. Сонлықтан Оны жазалап,
17. босатып жиберемен, – деди.
18. Бирақ халықтың ҳәммеси бир аўыздан: – Бул Адамды жоқ қыл! Бизлерге Барабаны босатып бер! – деп бақырысты.
19. Бараба қалада жүз берген қозғалаңға қатнасып, адам ѳлтиргени ушын қамалған еди.
20. Пилат Ийсаны босатып жибермекши болып, оларға қарата және сѳйледи.
21. Бирақ олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! Шегелет! – деп бақырысты.
22. Пилат үшинши рет оларға: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? Мен Оннан ѳлимге ылайықлы ҳеш айып таппадым. Солай екен, Оны жазалап, босатып жиберейин, – деди.
23. Бирақ олар даўысларының барынша бақырыўды даўам етип, Ийсаны атанақ ағашқа шегелетиўди талап қылды ҳәм ақырында ѳз дегенлерине еристи.
24. Солай етип, Пилат олардың талапларын орынлаўға қарар етти.
25. Олардың сораған адамын, қозғалаң кѳтергени ҳәм адам ѳлтиргени ушын қамақта отырған адамды босатып, Ийсаны олардың еркине тапсырды.
26. Єскерлер Ийсаны алып баратырғанда, аўылдан киятырған Симон деген киренели бир адамды услап алып, оған атанақ ағашты арқалатып, Ийсаның изинен жүриўге мәжбүрледи.
27. Ийсаның изине жүдә кѳп халық ерип жүрди. Арасында Ол ушын зарлап жыласқан ҳаяллар да бар еди.
28. Ийса оларға бурылып былай деди: – Ерусалим қызлары! Мен ушын жыламаңлар. Бирақ ѳзлериңиз ҳәм балаларыңыз ушын жылаңлар.
29. Себеби: «Нәсилсиз ҳаяллар, ҳеш қашан туўмаған қурсақлар ҳәм бала емизбеген кѳкиреклер бахытлы!» – деп айтатуғын күнлер келеди.
30. Сонда таўларға: «Үстимизге қулаңлар!», тѳбешиклерге: «Бизлерди бастырыңлар!» – деседи.
31. Ѳйткени жап-жасыл ағашқа усылай ислесе, қуўраған ағашқа не қылады екен?
32. Ийса менен бирге еки жынаятшыны да ѳлимге алып барды.
33. «Бас сүйеги» деген жерге келгенде, олар Ийсаны еки жынаятшы менен бирге атанақ ағашқа шегеледи. Жынаятшылардың биреўи Оның оң тәрепинде, екиншиси шеп тәрепинде еди.
34. Ийса: – Єке, оларды кешире гѳр! Олар не ислеп атырғанын билмейди, – деди. Єскерлер шек тасласып, Ийсаның кийимлерин бѳлисти.
35. Халық сол жерде қарап турды. Ал басшылар Ийсаның үстинен күлип: – Ол басқаларды қутқарған еди-ғо. Егер Ол Ќудайдың жиберген Масихы, Ќудайдың Таңлағаны болса, Ѳзин Ѳзи қутқарсын, – деди.
36. Єскерлер де Оған жақынласып, Оны масқаралады ҳәм сирке суўын берип:
37. – Егер Сен Яҳудийлердиң Патшасы болсаң, Ѳзиңди Ѳзиң қутқар, – дести.
38. Ийсаның бас бетинде: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИЊ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди.
39. Атанақ ағашқа шегеленген жынаятшылардың бири: – Сен Масих емессең бе? Ќәне, онда Ѳзиңди де, бизлерди де қутқар, – деп мазақ етти.
40. Ал екиншиси оған кейип: – Ѳзиң де бирдей жазаға ҳүким етилип турып, Ќудайдан қорқпайсаң ба?
41. Бизлер ислеримизге ылайық әдил жаза алдық. Ал Ол ҳеш қандай жаманлық қылған жоқ-ғо, – деди.
42. Соң Ийсаға: – Ийса, Ѳз Патшалығыңа келгениңде, мени есиңе ал! – деди.
43. Ийса оған: – Саған шынын айтаман: сен бүгин Мениң менен бирге жәннетте боласаң, – деди.
44. -
45. Түски саат он екилер шамасында күн жақтысын түсирмей, саат үшлерге дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. Ибадатханадағы Мухаддесхананың пердеси ортасынан екиге бѳлинип, жыртылып кетти.
46. Ийса бәлент даўыс пенен бақырып: – Єке! Руўхымды Сениң қолыңа тапсыраман, – деди. Усыны айтып болды да, жан тапсырды.
47. Болған ўақыяларды кѳрген жүзбасы Ќудайды алғыслап: – Ҳақыйқаттан да, бул ҳақ Адам екен, – деди.
48. Тамашаға жыйналған пүткил халық болған ўақыяларды кѳрип, жүрек-баўырлары езилип, излерине қайтты.
49. Бирақ Ийсаны билгенлердиң ҳәммеси ҳәм Галиладан Оның изине ерип келген ҳаяллар буларға узақтан қарап турды.
50. -
51. Кеңестиң қарары менен исинде қатнаспаған, кеңес ағзасы болған Юсуп атлы жақсы ҳәм ҳақ бир адам бар еди. Ол Яҳудияның Ариматия қаласынан болып, Ќудай Патшалығын күтип жүрген еди.
52. Юсуп Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады.
53. Оны атанақ ағаштан түсирип алып, кепинлик таўарға орады ҳәм еле ҳеш ким қойылмаған жартаста ойылған бир қәбирге қойды.
54. Бул яҳудийлердиң таярлық күни болып, дем алыс күни кирип киятырған еди.
55. Ийса менен бирге Галиладан келген ҳаяллар да Юсупке ерип барып, қәбирди ҳәм Ийсаның денесиниң қалай қойылғанын кѳрди.
56. Олар үйлерине қайтып келип, хош ийисли майлар ҳәм әтирлер таярлап қойды. Ал дем алыс күни Ќудайдың буйрығы бойынша дем алды.
2. Олар қәбирдиң аўзындағы тастың домалатып алып тасланғанын көрди.
3. Бирақ ишке киргенде, Ийемиз Ийсаның денесин таба алмады.
4. Олар буған таң қалысып турғанда, тосаттан жарқыраған кийим кийген еки адам пайда болды.
5. Ҳаяллардың ҳүрейлери ушып, басларын жерге ийгенде, еки адам оларға былай деди: – Тирини ѳлилердиң арасынан неге излейсизлер?
6. Ол бул жерде жоқ, Ол қайта тирилди! Галилада болғанында, Оның сизлерге не айтқанын еслериңизге түсириңлер.
7. Ол сизлерге: «Адам Улы гүнакар адамлардың қолына услап бериледи, атанақ ағашқа шегеленеди ҳәм үшинши күни қайта тириледи», – деген еди-ғо.
8. Сонда олар Ийсаның сѳзлерин еслерине түсирди.
9. Ќәбирден қайтып барған ҳаяллар булардың ҳәммесин он бир елшиге ҳәм басқа барлық адамларға хабарлады.
10. Бул хабарды елшилерге жеткизгенлер магдалалы Мәриям, Юханна, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм олар менен бирге жүрген басқа ҳаяллар еди.
11. Бирақ бул сѳзлер елшилерге бос гәп болып кѳринип, олар ҳаялларға исенбеди.
12. Ал Петр орнынан турып, қәбир тәрепке қарай жуўырып кетти. Ол ишке еңкейип қарағанда, тек жатырған кепинликти ғана кѳрди. Болған ўақыяға таң қалып, изине қайтты.
13. Тап сол күни шәкиртлердиң екеўи Ерусалимнен он еки шақырымдай қашықлықтағы Еммаус деп аталатуғын бир аўылға баратырып,
14. болған усы ўақыялар ҳаққында ѳз ара сѳйлести.
15. Олар ѳз ара сѳйлесип, пикир алысып баратырғанда, Ийсаның Ѳзи оларға жақынлап, қатар жүрди.
16. Бирақ олардың кѳзлери байланғандай болып, Оны танымады.
17. Ийса олардан: – Сизлер ѳз ара нелер ҳаққында сѳйлесип баратырсызлар? – деп сорады. Олар қапалы пишинде тоқтап қалды.
18. Арасындағы Клеопа атлы биреўи Оған: – Ерусалимде болсаң да, усы күнлерде сол жерде жүз берген ўақыялардан ҳеш хабары жоқ, жалғыз Сен шығарсаң, – деди.
19. Ийса олардан: – Ќандай ўақыялардан? – деп сорады. Олар жуўап берип: – Насыралы Ийса ҳаққында ўақыялар да. Ол Ќудайдың ҳәм пүткил халықтың алдында исинде де, сѳзинде де қүдиретли болған пайғамбар еди.
20. Бас руўханийлеримиз бенен басшыларымыз Оны ѳлим жазасына ҳәм атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
21. Ал бизлер Оны Израилды қутқарады деп, үмит еткен едик. Мине, бул ўақыялардың болғанына бүгин үш күн болды.
22. Буның үстине, арамыздағы ҳаяллардың гейбиреўлери бизлерди таң қалдырды. Олар ерте таңда қәбирге барып,
23. Оның денесин таппай келди. Ќайтып келип, Ийсаның тири екенин билдирген периштелерди кѳргенин айтып берди.
24. Және бизлердиң ишимиздеги айырымлар қәбирге барып, анық ҳаяллардың айтқанындай екенин кѳрипти. Бирақ Ийсаның Ѳзин кѳрмепти, – дести.
25. Ийса оларға былай деди: – Ҳәй, ақылсызлар! Пайғамбарлардың айтқанларының ҳәммесине шын жүректен исенбейтуғынлар!
26. Масих усы азапларды шегип, Ѳз салтанатына кириўи керек емес пе еди?
27. Соңынан Муўсаның ҳәм барлық пайғамбарлардың Жазыўларынан баслап, Мухаддес Жазыўлардың ҳәммесинде Ѳзи ҳаққында айтылғанларды оларға түсиндирип берди.
28. Олар ѳзлери баратырған аўылға жақынлағанда, Ийса Ѳзин жолын даўам ететуғын қылып кѳрсетти.
29. Бирақ олар: – Бизлер менен бирге қал, күн батыўға шамаласып, кеш болажақ, – деп Оннан ѳтинди. Солай етип, Ийса олар менен бирге қалыў ушын аўылға кирди.
30. Олар менен дастурхан басында отырғанда Ийса нанды алып, Ќудайға шүкирлик етти ҳәм сындырып, оларға берди.
31. Сонда ғана олардың кѳзлери ашылып, Оны таныды. Бирақ Ийса кѳзден ғайып болды.
32. Олар бир-бирине: – Ол жолда бизлер менен сѳйлесип, Мухаддес Жазыўларды түсиндиргенде, жүреклеримиз қуўанышқа толмаған ба еди? – деди.
33. Дәрриў орынларынан турып, Ерусалимге қайтып келди. Он бир елшини ҳәм олар менен бирге жыйналғанларды тапты.
34. Жыйналғанлар: – Ийемиз ҳақыйқаттан қайта тирилип, Симонға кѳринипти, – дести.
35. Сонда еки шәкирт те жолдағы ўақыяларды ҳәм Ийса нанды сындырғанда, Оны қалай танып қалғанын айтып берди.
36. Олар усыны айтысып турғанда, Ийсаның Ѳзи олардың ортасында пайда болып: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди.
37. Бирақ шәкиртлер әрўақ кѳрип турмыз деп ойлап, таң қалысып, қатты қорқысты.
38. Ийса оларға: – Неге ҳайран қалып турсызлар? Неге кеўиллериңизге бундай гүманлы ойлар келеди?
39. Мениң қолларыма ҳәм аяқларыма қараңлар. Бул Мениң Ѳзиммен. Маған қол тийгизип кѳриңлер. Єрўақта ет пенен сүйек болмайды, бирақ кѳрип турғаныңыздай, Менде бар, – деди.
40. Усыны айтып, оларға қолларын ҳәм аяқларын кѳрсетти.
41. Ал шәкиртлери қуўанысып ҳәм аң-таң болысып, еле исенбей турғанда, Ийса олардан: – Бул жерде жейтуғын бир нәрсеңиз бар ма? – деп сорады.
42. Олар Оған писирилген балықтың бир бѳлегин берди.
43. Ийса оны алып, олардың кѳз алдында жеди.
44. Сонда Ийса оларға былай деди: – Сизлер менен бирге болғанымда, Мен туўралы Муўсаның Нызамында, пайғамбарлардың Жазыўларында ҳәм Забурда жазылғанлардың ҳәммеси орынланыўы тийис, деп айтқан едим.
45. Кейин Мухаддес Жазыўларды түсиниў ушын олардың зейинлерин ашты
46. ҳәм оларға және: – Былай деп жазылған: «Масих азап шегип, үшинши күни ѳлимнен қайта тириледи.
47. Ерусалимнен баслап, ҳәмме халықларға Оның аты менен гүналарының кеширилиўи ушын, тәўбеге шақырыўды жәриялаў тийис».
48. Ал сизлер булардың гүўасысызлар.
49. Мине, Мен Єкемниң ўәде еткенин сизлерге жиберемен. Бирақ сизлер жоқарыдан бул қүдиретти алғанға дейин усы қалада қалыңлар, – деди.
50. Соңынан Ийса шәкиртлерин қаладан сыртқа, Бетанияға дейин апарды. Ќолларын кѳтерип, оларға пәтиясын берди.
51. Пәтиясын берип турғанда олардан узақласып, аспанға алынды.
52. Шәкиртлер Ийсаға табынып, үлкен қуўаныш пенен Ерусалимге қайтып келди.
53. Ќудайды алғыслап, ҳәмме ўақыт Ибадатханада болды
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-1_bap (4.71 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-2_bap (3.1 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-3_bap (3.02 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-4_bap (3.06 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-5_bap (2.84 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-6_bap (3.67 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-7_bap (3.75 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-8_bap (4.26 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-9_bap (4.58 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-10_bap (3.14 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-11_bap (4.12 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-12_bap (3.94 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-13_bap (2.65 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-14_bap (2.4 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-15_bap (2.11 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-16_bap (2.43 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-17_bap (2.3 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-18_bap (2.97 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-19_bap (3.01 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-20_bap (2.97 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-21_bap (2.34 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Luka-22_bap (4.6 МБ)
Инжил Каракалпак
- Матта жазған Хош Хабар
- Марк жазған Хош Хабар
- Лука жазған Хош Хабар
- Юхан жазған Хош Хабар
- Елшилердиң ислери
- Яқыптың хаты
- Петрдиң биринши хаты
- Петрдиң екинши хаты
- Юханның биринши хаты
- Юханның екинши хаты
- Юханның ушинши хаты
- Яҳуданың хаты
- Римлилерге жазылған хат
- Коринфлилерге жазылған биринши хат
- Коринфлилерге жазылған екинши хат
- Галатиялыларға жазылған хат
- Ефеслилерге жазылған хат
- Филиплилерге жазылған хат
- Колосалыларға жазылған хат
- Салоникалыларға жазылған биринши хат
- Салоникалыларға жазылған екинши хат
- Тимофейге жазылған биринши хат
- Тимофейге жазылған екинши хат
- Титусқа жазылған хат
- Филимонға жазылған хат
- Еврейлерге жазылған хат
- Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян