1 Ийса – бизлердиң Жақлаўшымыз. 7 Жаңа буйрық.
Юханның биринши хаты 2 bob
1 Ҳєй, балаларым! Мен буларды сизлерге гүна ислемеўиңиз ушын жазып атырман. Бирақ егер биримиз гүна ислеп қойсақ, Єкениң алдында Жақлаўшымыз, ҳақ болған Ийса Масих бар.
2 Ол бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбан болды. Ол тек бизлердиң емес, ал пүткил дүньяның гүналары ушын бағышланған қурбанлық болды.
3 Егер Кудайдың буйрықларын орынласақ, Оны билетуғынымызды усы арқалы билип аламыз.
4 «Оны билемен» деп, Оның буйрықларын орынламаған адам ѳтирикши, онда ҳақыйқатлық жоқ.
5 Бирақ Кудайға деген сүйиспеншилик Оның сѳзин орынлаған адамда ҳақыйқаттан кємал табады. Кудай менен бирге екенимизди усы арқалы билип аламыз.
6 «Кудай менен биргемен» деген адам Ийса сыяқлы жасаўы шєрт.
7 Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, сизлерге жаңа буйрықты емес, єзелден ѳзлериңиз қабыл еткен ески буйрықты жазып атырман. Бул ески буйрық – сизлер еситкен Кудайдың сѳзи.
8 Бирақ сизлерге жєне жаңа буйрық та жазып атырман. Буның ҳақыйқат екени Масих ҳєм сизлер арқалы кѳринип атыр. Себеби қараңғылық ѳтип баратыр, ал ҳақыйқый нур єлле қашан жарқырап тур.
9 «Нурдаман» деп, туўысқанын жек кѳретуғын адам еле қараңғылықта болады.
10 Туўысқанын сүйген адам нурда жасайды ҳєм онда сүрнигиўге себеп болмайды.
11 Бирақ, туўысқанын жек кѳриўши қараңғылықта болады. Ол қараңғылықта жүрип, қаяққа баратырғанын билмейди. Ѳйткени қараңғылық оның кѳзлерин соқыр еткен.
12 Балаларым, сизлерге жазып атырман. Себеби Ийсаның аты арқалы гүналарыңыз кеширилди.
13 Єкелер, сизлерге жазып атырман. Ѳйткени сизлер ең бастан бар Болғанды билесизлер. Жаслар, сизлерге жазып атырман. Себеби сизлер шайтанды жеңдиңиз. Балаларым, сизлерге жаздым. Ѳйткени сизлер Єкени билесизлер.
14 Єкелер, сизлерге жаздым. Себеби сизлер ең бастан бар Болғанды билесизлер. Жаслар, сизлерге жаздым. Ѳйткени сизлер күшлисиз ҳєм сизлерде Кудайдың сѳзи болып, сизлер шайтанның үстинен жеңиске еристиңиз.
15 Дүньяны ҳєм дүньядағы нєрселерди сүймеңлер. Ким де ким дүньяны сүйсе, онда Єкеге деген сүйиспеншилик жоқ.
16 Себеби дүньяда болған ҳєр бир нєрсе: денениң қєлеўлери, кѳздиң қєлеўлери ҳєм ѳмирдеги менменлик Єкеден емес, дүньядан.
17 Дүнья ҳєм оның қєлеўлери ѳтип кетеди, бирақ Кудайдың еркин орынлаған адам мєңги жасайды.
18 Балаларым, бул соңғы ўақыт. Масихқа қарсы турыўшының келетуғынын еситкениңиздей, єлле қашан кѳп Масихқа қарсы турыўшылар пайда болды. Соңғы ўақыт болғанын усыннан билемиз.
19 Олар арамыздан шықты, бирақ бизлерге тийисли емес еди. Егер бизлерге тийисли болғанда, бизлер менен бирге қалар еди. Олардың кеткени арқалы олардың ҳеш бириниң бизлерге тийисли емес екени мєлим болды.
20 Ал сизлер мухаддес болған Масихтан Мухаддес Руўхты алғанлықтан, ҳєммеңиз ҳақыйқатты билесизлер.
21 Мен сизлерге ҳақыйқатты билмегениңиз ушын емес, ал ҳақыйқатты ҳєм ҳеш қандай жалғанның ҳақыйқаттан емес екенин билгениңиз себепли жазып атырман.
22 Ийсаның Масих екенин тєн алмаған адам ѳтирикши болмаса, онда ким ѳтирикши? Єкени ҳєм Улды тєн алмаған адам – Масихқа қарсы турыўшы.
23 Улды тєн алмаған адамда Єке де жоқ. Ал Улды тєн алған адамда Єке де бар.
24 Єўел бастан еситкен сѳзиңизди ѳзлериңизде сақлаңлар. Егер єўел бастан еситкен сѳзиңиз сизлерде болса, сизлер де Ул ҳєм Єке менен бирге боласызлар.
25 Масихтың Ѳзи бизлерге ўєде еткен мєңгилик ѳмир – усы.
26 Буларды сизлерди азғырмақшы болып атырғанлар ҳаққында жазып атырман.
27 Бирақ сизлер Масихтың Мухаддес Руўхына ийесиз. Сизлерде Мухаддес Руўх болғанлықтан, сизлерге ҳеш кимниң үйретиўиниң ҳєжети жоқ. Масихтың Мухаддес Руўхы сизлерге ҳєммесин үйретеди. Оның тєлими ҳақыйқый, жалған емес. Оның сизлерге үйреткени сыяқлы, Масих пенен жасаңлар.
28 Аўа, балаларым, енди Масих пенен қарым-қатнаста болып, Ол келгенде, Оның алдында уятқа қалмаўымыз ушын мєрт боламыз.
29 Кудайдың ҳақ екенин билсеңиз, ҳақ ис қылған ҳєр бир адамның да Оннан туўылғанын билиң.