Юханның биринши хаты 4 bob

1 Руўхларды сынаңлар! 7 Қудай – сүйиспеншилик. 

1 Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, ҳєр қандай руўхқа исенбеңлер. Бирақ руўхлардың Кудайдан болғанын ямаса болмағанын билиў ушын, оларды сынап кѳриңлер. Ѳйткени дүньяда кѳп жалған пайғамбарлар пайда болды.
2 Кудайдың Руўхын мынадан билесизлер: Ийса Масихтың адам денесинде келгенин тєн алған ҳєр қандай руўх Кудайдан.
3 Ийсаны тєн алмаған ҳєр бир руўх Кудайдан емес. Бул – Масихқа қарсы турыўшының руўхы. Сизлер оның келетуғынын еситкен едиңлер. Мине, ол єлле қашан дүньяда.
4 Ҳєй, перзентлерим, сизлер Кудайдансызлар ҳєм жалған пайғамбарларды жеңдиңлер. Себеби сизлердеги Мухаддес Руўх дүньядағы руўхтан уллы.
5 Жалған пайғамбарлар дүньядан. Сол себепли, олар дүньяға тийисли сѳзлерди сѳйлейди ҳєм дүнья оларды тыңлайды.
6 Ал бизлер Кудайданбыз. Ким де ким Кудайды билсе, бизлерди тыңлайды. Ал ким де ким Кудайдан болмаса, бизлерди тыңламайды. Ҳақыйқат Руўхы менен жалған руўхты усыннан билемиз.
7 Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, бир-биримизди сүйейик! Ѳйткени сүйиспеншилик Кудайдан. Ҳєр бир сүйиўши адам Кудайдан туўылған ҳєм Кудайды биледи.
8 Сүймейтуғын адам Кудайды билмейди. Себеби Кудай – сүйиспеншилик.
9 Кудай бизлерге деген сүйиспеншилигин былай кѳрсетти: Кудай Ѳзиниң жалғыз Улын дүньяға жиберип, бизлерге Ол арқалы ѳмир берди.
10 Мине, сүйиспеншилик – усы: бизлер Кудайды емес, ал Кудай бизлерди сүйип, Ѳз Улын бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбанлық қылып жиберди.
11 Ҳєй, сүйикли туўысқанларым! Кудай бизлерди усылай сүйген болса, бизлер де бир-биримизди сүйиўге парызлымыз.
12 Ҳеш ким ҳеш қашан Кудайды кѳрген емес. Бирақ егер бир-биримизди сүйсек, Кудай бизлерде болады ҳєм Оның сүйиспеншилиги бизлерде кємал табады.
13 Бизлердиң Онда, Оның бизлерде екенин, Оның бизлерге берген Руўхы арқалы билемиз.
14 Єке Ѳз Улын дүньяның Кутқарыўшысы қылып жибергенин бизлер кѳрдик ҳєм бул туўралы гүўалық беремиз.
15 Ким де ким Ийсаны Кудайдың Улы деп тєн алса, Кудай онда, ол да Кудайда болады.
16 Бизлер Кудайдың бизлерге деген сүйиспеншилигин билемиз ҳєм оған исенемиз. Кудай – сүйиспеншилик. Ким де ким сүйиспеншилик пенен жасаса, ол Кудайда, Кудай да онда болады.
17 Солай етип, ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде мєрт болыўымыз ушын, Кудайдың сүйиспеншилиги бизлерде кємал табады. Ѳйткени бизлер бул дүньяда Масих сыяқлы боламыз.
18 Сүйиспеншиликте қорқыў жоқ. Керисинше, минсиз сүйиспеншилик қорқыўды қуўып шығарады. Себеби қорқыў жаза менен байланыслы болады. Корқатуғын адам сүйиспеншиликте минсизликке ериспеген.
19 Бизлер бир-биримизди сүйемиз, ѳйткени дєслеп Кудай бизлерди сүйди.
20 Егер ким де ким: «Кудайды сүйемен» деп, туўысқанын жек кѳрсе, ол ѳтирикши. Себеби кѳзге кѳринетуғын туўысқанын сүймеген адам кѳзге кѳринбейтуғын Кудайды қалай сүйе алады?
21 «Кудайды сүйетуғын адам ѳз туўысқанын да сүйиўи тийис», – деген буйрықты бизлер Масихтан алғанбыз.