Юханның биринши хаты 3 bob

1 Қудайдың балалары. 11 Бир-биримизди сүйейик! 

1 Караңлар, Кудайдың балалары деп аталыўымыз ушын, Єке бизлерди қандай уллы сүйиспеншилик пенен сүйди! Ҳақыйқаттан да, бизлер Кудайдың балаларымыз. Дүнья Єкени билмегенликтен, бизлерди де билмей атыр.
2 Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, бизлер енди Кудайдың балаларымыз. Бирақ қандай болатуғынымыз еле бизлерге кѳрсетилмеди. Масих келгенде, Ол сыяқлы болатуғынымызды билемиз. Ѳйткени Оның қандай екенин кѳремиз.
3 Масихтан усылай үмит еткен ҳєр бир адам Ол пєк болғаны сыяқлы, ѳзин пєклейди.
4 Гүна ислеген ҳєр бир адам нызамсызлық ислеген болады. Себеби гүнаның ѳзи – нызамсызлық.
5 Ал Масихтың гүналарымызды алып таслаў ушын келгенин билесизлер. Оның Ѳзинде гүна жоқ.
6 Оның менен жасайтуғын адам гүна ислемейди. Гүна ислеўди даўам етип атырған адам Оны кѳрмеген де, билмеген де.
7 Перзентлерим! Ҳеш кимге ѳзлериңизди алдатпаңлар. Масихтың ҳақ болғаны сыяқлы, ҳақ ис ислеген адам да ҳақ.
8 Гүна ислей беретуғын адам шайтаннан. Ѳйткени шайтан бастан баслап гүна ислеп киятыр. Сонлықтан Кудайдың Улы шайтанның ислерин жоқ қылыў ушын келди.
9 Кудайдан туўылған ҳєр бир адам гүна ислемейди, себеби Кудайдың туқымы онда болады. Ол Кудайдан туўылғанлықтан, гүна ислеўди даўам ете алмайды.
10 Кудайдың балалары менен шайтанның балаларын мынадан айырыўға болады: ҳақ ис ислемеген ҳєм туўысқанын сүймеген адам Кудайдан емес.
11 Сизлер єзелден еситкен хабар бул: бир-биримизди сүйейик!
12 Шайтанға тийисли болып, ѳз туўысқанын ѳлтирген Каинға уқсамайық. Ол не ушын туўысқанын ѳлтирди? Ѳйткени ѳзиниң ислери жаўыз, ал туўысқанының ислери ҳақ еди.
13 Ҳєй, туўысқанларым, дүнья сизлерди жек кѳрип атырған болса, ҳайран қалмаңлар.
14 Бизлер ѳзлеримиздиң ѳлимнен ѳмирге ѳткенимизди билемиз, себеби туўысқанларымызды сүйемиз. Ким де ким туўысқанын сүймесе, ол ѳли болып қала береди.
15 Туўысқанын жек кѳрген ҳєр бир адам – адам ѳлтириўши. Ҳеш бир адам ѳлтириўшиниң мєңгилик ѳмирге ийе емес екенин билесизлер.
16 Сүйиспеншиликтиң не екенин Масихтың бизлер ушын Ѳз жанын бергенинен билемиз. Сонлықтан бизлер де туўысқанларымыз ушын ѳз жанымызды бериўимиз шєрт.
17 Ким де ким дүнья-малға бай бола тура, туўысқанының жоқшылықта жасап атырғанын кѳрсе де тас баўырлық етсе, қалайынша ондай адамда Кудайдың сүйиспеншилиги болады?
18 Перзентлерим, тек сѳз ямаса тил менен емес, ал ис ҳєм ҳақыйқатлық пенен сүйейик.
19 -
20 Ҳақыйқатқа тийисли екенимизди усы арқалы билемиз. Егер кеўлимиз бизлерди айыплап атырған болса да, Кудай алдында кеўлимиз тыныш болады. Ѳйткени Кудай кеўлимизден уллы ҳєм Ол ҳємме нєрсени биледи.
21 Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, егер кеўлимиз бизлерди айыпламаса, онда Кудайдың алдында батыр боламыз
22 ҳєм Оннан не сорасақ та аламыз. Себеби бизлер Оның буйрықларын орынлап, Оған унайтуғын нєрселерди ислеп атырмыз.
23 Оның буйрығы бул: Улы Ийса Масихтың атына исенип, Оның бизлерге буйырғанындай, бир-биримизди сүйиўимиз тийис.
24 Кудайдың буйрықларын орынлаған адам Кудайда, Кудай да онда болады. Оның бизлерде екенин Оның бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы билемиз.