Юханның биринши хаты 5 bob

1 Дүньяны жеңетуғын исенимимиз. 6 Қудайдың Улы ҳаққында гүўалық. 

1 Ийсаның Масих екенине исенетуғын ҳєр бир адам Кудайдан туўылған. Єкени сүйген ҳєр бир адам Оның балаларын да сүйеди.
2 Кудайды сүйип, Оның буйрықларын орынлағанымыздан Кудайдың балаларын сүйетуғынымызды билемиз.
3 Ѳйткени Кудайдың буйрықларын орынлағанымыз Оны сүйетуғынымызды аңлатады. Оның буйрықлары аўыр емес.
4 Себеби Кудайдан туўылған ҳєр бир адам дүньяны жеңеди. Дүнья үстинен жеңиске ерискен бизлердиң исенимимиз болады.
5 Ийсаның Кудайдың Улы екенине исенетуғын адамнан басқа, ким дүньяны жеңе алады?
6 Бул – суў ҳєм қан менен келген Ийса Масих. Ол тек суў менен емес, ал суў ҳєм қан менен келди. Жєне де, гүўалық бериўши Мухаддес Руўх. Ѳйткени Мухаддес Руўх – ҳақыйқат.
7 Гүўалық беретуғынлар үшеў:
8 Мухаддес Руўх, суў ҳєм қан. Булардың үшеўиниң гүўалығы бир.
9 Бизлер адамның гүўалығын қабыл етемиз, ал Кудайдың гүўалығы оннан да уллы. Себеби бул – Кудайдың Ѳз Улы туўралы берген гүўалығы.
10 Кудайдың Улына исенетуғын адамның ѳзинде усы гүўалық бар. Ал Кудайға исенбейтуғын адам Кудайды ѳтирикши қылған болады. Ѳйткени Кудайдың Ѳз Улы туўралы берген гүўалығына исенбейди.
11 Сол гүўалық мынаў: Кудай бизлерге мєңгилик ѳмир берди ҳєм бул ѳмир Оның Улында.
12 Кудайдың Улына ийе болған адам ѳмирге ийе болады, Кудайдың Улына ийе болмаған адам ѳмирге ийе емес.
13 Мен буларды Кудайдың Улына исенген сизлерге мєңгилик ѳмирге ийе екениңизди билиўиңиз ушын жазып атырман.
14 Бизлерде Оған деген мынадай батыллық бар: Кудайдың еркине сай не сорасақ та, Ол бизлерди еситеди.
15 Егер не сорасақ та, Оның еситетуғынын билетуғын болсақ, Оннан сорағанларымызды алатуғынымызды да билемиз.
16 Егер ким де ким туўысқанының ѳлимге апармайтуғын гүна ислегенин кѳрсе, дуўа етсин. Кудай оған ѳмир береди. Буны ѳлимге апармайтуғын гүна ислегенлер ҳаққында айтып атырман. Ѳлимге апаратуғын гүна да бар. Бул ушын дуўа етсин, деп атырғаным жоқ.
17 Ҳєр қандай жаманлық – гүна, бирақ ѳлимге апармайтуғын гүна да бар.
18 Кудайдан туўылған адам гүна ислеўди даўам етпейтуғынын билемиз. Себеби оны Кудайдың Улы сақлайды ҳєм шайтан оған қол тийгизе алмайды.
19 Ѳзлеримиздиң Кудайға тийисли екенимизди ҳєм пүткил дүнья шайтанның қол астында екенин билемиз.
20 Жєне де, Кудайдың Улы келип, ҳақыйқый Кудайды билиўимиз ушын ақыл-ой бергенин де билемиз. Бизлер ҳақыйқый Кудайда, яғный Оның Улы Ийса Масихтамыз. Ол – ҳақыйқый Кудай ҳєм мєңгилик ѳмир.
21 Перзентлерим, ѳзлериңизди бутлардан сақлаңлар!