1 Қудай ушын жасаў. 12 Масихый болып азап шегиў.
Петрдиң биринши хаты 4 bob
1 Солай етип, Масих денеси менен азап шекти. Сизлер де Масихта болған ойлар менен ѳзлериңизди азап шегиўге таярлаңлар. Себеби денеси азап шегип атырған адам гүна ислеўди тоқтатады.
2 Буннан былай, дүньядағы ѳмириңиздиң қалған бѳлегинде адамның жаман қєлеўлери бойынша емес, ал Кудайдың ерки бойынша жасаңлар.
3 Сизлердиң ѳткен ѳмириңизде исенбейтуғын адамларға жағатуғын єдетлерди ислеп жасағаныңыз жетер! Сол ўақытлары сизлер бузықшылыққа, жаман қєлеўлерге, мєскүнемликке, айшы-єширетке, нєпсиқаўлыққа ҳєм жеркенишли бутпаразлыққа берилип, ѳмир сүрген едиңлер.
4 Енди болса, исенбейтуғынлар сизлердиң олар менен бирликте усындай нєпсиқумарлықта қатнаспағаныңыз себепли ҳайран болып, сизлерди мазақ етип атыр.
5 Бирақ олар буның ушын тирилер менен ѳлилерди ҳүким етиўге таяр турған Кудай алдында жуўап береди.
6 Сол себепли, ѳлилердиң денеси басқалар қатары ѳлип жазаланса да, руўхы Кудай сыяқлы жасаўы ушын, Хош Хабар ѳлилерге де жєрияланды.
7 Ҳємме нєрсениң ақыры жақын. Сонлықтан дуўа етиў ушын ақыл менен ис тутып, сергек болыңлар!
8 Ең баслысы, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер. Ѳйткени сүйиспеншилик кѳп гүналарды жуўады.
9 Наразылық билдирмей, бир-бириңизге миймандос болыңлар.
10 Ҳєр бириңиз жақсы хызметши сыпатында Кудайдың сизлерге мийримлилик пенен берген ҳєр түрли руўхый сыйларын қоллана отырып, бир-бириңизге хызмет етиңлер.
11 Адамлар алдында сѳйлеген адам Кудайдың сѳзине сай сѳйлесин. Басқаларға хызмет ететуғын адам Кудайдың берген күши менен хызмет етсин. Усылайынша, Ийса Масих арқалы Кудай ҳєр бир исте алғыслансын. Уллылық ҳєм қүдирет мєңгиге Масихтики. Аўмийин.
12 Сүйикли туўысқанларым, сизлерди сынаў ушын келетуғын аўыр азапты таң қаларлық нєрсе деп, ҳайран болмаңлар.
13 Керисинше, Масихтың азапларына шерик болғаныңызға қуўаныңлар. Солай етип, Масих салтанат пенен келгенде, қуўанып шадланасызлар.
14 Масихтың аты ушын масқараланып атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Себеби Кудайдың уллы Руўхы үстиңизде болады.
15 Жєне ҳеш бириңиз адам ѳлтириўши, уры, жаманлық ислеўши ямаса басқалардың жумысына араласып, кесент беретуғын болып, азап шекпесин.
16 Бирақ сизлер масихый болғаныңыз ушын азап шегип атырған болсаңыз, уялмаңлар. Ал бул ат пенен аталатуғыныңыз ушын Кудайды алғыслаңлар.
17 Ѳйткени ҳүким шығарылатуғын ўақыт жетип келди. Ҳүким шығарыўды Кудай Ѳз шаңарағынан баслайды. Егер бул Кудайдың шаңарағы болған бизлерден басланса, Кудайдың Хош Хабарына қулақ аспайтуғынлардың ақыры қандай болады?
18 «Егер ҳақ адам зорға қутқарылса, Кудайсыз ҳєм гүнакар адамға не болады?»
19 Сонлықтан Кудайдың еркине бойсынып, азап шеккенлер жақсылық ислеп, жанларын исенимли Жаратқанға тапсырсын.