Петрдиң биринши хаты 5 bob

1 Жәмәәт ақсақаллары ҳәм жаслары. 12 Соңғы сәлемнама. 

1 Араңыздағы жємєєт ақсақалларына олардай жємєєт ақсақалы болған мен, Масихтың шеккен азапларының гүўасы ҳєм Ол қайтып келгенде ашық кѳринетуғын салтанатының шериклеси сыпатында мыналарды ѳтиниш етемен:
2 Кудайдың сизлерге тапсырған сүриўин мєжбүрий түрде емес, ал шын кеўилден, Кудайдың еркине сай қылып бағыңлар. Буны ақша ушын пайдакүнемлик пенен емес, ал ѳз қєлеўиңиз бенен ислеңлер.
3 Ѳзлериңизге тапсырылған адамларға үстемлик етпей, сүриўге үлги болыңлар.
4 Солай етсеңиз, бас Шопан келгенде, мєңги уллылықтың тажын аласызлар.
5 Ҳєй жаслар, сол сыяқлы сизлер де ақсақалларға бойсыныңлар. Ҳєммеңиз бир-бириңиз бенен кишипейил қатнаста болыңлар. Себеби: «Кудай менменлерге қарсы турады, Бирақ кишипейиллилерге Ѳз мийримин береди».
6 Сонлықтан ѳзлериңизди Кудайдың қүдиретли қолы астында пєс тутыңлар. Сонда белгиленген ўақыт келгенде, Ол сизлерди мєртебели етеди.
7 Барлық ғам-тєшиўишлериңизди Оған тапсырыңлар. Ѳйткени Ол сизлерге ғамхорлық қылады.
8 Сақ ҳєм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр.
9 Исенимде беккем болып, шайтанға қарсы турыңлар. Себеби дүньяның басқа жерлериндеги туўысқанларыңыздың бирдей азап шегип атырғанынан хабарыңыз бар.
10 Пүткил мийримниң тийкары болған Кудай сизлерди Ийса Масих арқалы Ѳзиниң мєңгилик салтанатына шақырды. Кысқа ўақыт азап шеккениңизден соң, Ол сизлерди Ѳзи жетилистиреди, беккемлейди, күш-қуўат береди ҳєм тыянақлы қылады.
11 Күдирет мєңгиге Оныки болсын! Аўмийин.
12 Мен сизлерге усы қысқаша хатымды ѳзим исенимли туўысқаным деп есаплайтуғын Силаға жаздырып атырман. Сизлерди жигерлендирип, бул хатта айтқанларымның Кудайдың ҳақыйқый мийрими екени ҳаққында гүўалық беремен. Усы мийрим менен беккем турыңлар.
13 Сизлер менен бирге таңланған Бабилондағы исениўшилер жємєєти ҳєм тутынған улым Марк сизлерге сєлем айтып атыр.
14 Бир-бириңизди сүйиспеншилик пенен сүйип, сєлемлесиңлер. Масихқа тийисли болған сизлердиң ҳєммеңизге тынышлық яр болсын!