Петрдиң биринши хаты 3 bob

1 Ерли-зайыплыларға ақыл-нәсиятлар. 8 Ҳақыйқатлық ушын азап шегиў. 

1 Ҳєй ҳаяллар, Масих Кудайға бойсынғандай, сизлер де күйеўлериңизге бойсыныңлар.
2 Сонда олардың гейбиреўлери Кудайдың сѳзине қулақ аспаса да, сизлердиң Кудайдан қорқып, пєк ѳмир сүрип атырғаныңызды кѳрип, сѳзлериңиз арқалы емес, ал сиз, ҳаяллардың үлгили ѳмириңиз арқалы қолға киргизилип, исениўши болады.
3 Сулыўлығыңыз тек сыртқы безениўлерден: єшекѳйленген шашлар, тағылған алтынлар ҳєм сєнли кийимлерден ғана ибарат болмасын.
4 Ал сулыўлығыңыз сырлы болған ишки дүньяңыздан, яғный жумсақ ҳєм тыныш болған жоғалмайтуғын руўхый гѳззаллықтан ибарат болсын. Бул Кудай алдында жүдє қымбатлы.
5 Ѳтмиште Кудайдан үмит еткен мухаддес ҳаяллар да ѳз күйеўлерине бойсынып, усылай безенген.
6 Солардың бири Сара да ѳз күйеўи Ибрайымды «хожайыным» деп атап, оған бойсынды. Егер сизлер де жақсылық ислеп, ҳеш қандай қорқынышқа берилмесеңиз, Сараның қызлары боласызлар.
7 Ҳєй күйеўлер, сол сыяқлы сизлер де ҳаялларыңызды жақсы түсинип жасаңлар. Олардың нєзик екенин ҳєм мєңгилик ѳмирди сизлер менен бирге мийрас етип алатуғынын билип, оларды ҳүрмет етиңлер. Солай етсеңиз, дуўа еткениңизде тосқынлық болмайды.
8 Жуўмақластырып айтқанда, ҳєммеңиз бир нийет пенен бирлесиңлер. Басқалардың қуўаныш ҳєм қайғысын бѳлисиңлер. Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиңлер. Кайырқом ҳєм кишипейил болыңлар.
9 Жаманлыққа жаманлық, ғарғысқа ғарғыс пенен жуўап қайтармаңлар. Керисинше, жақсылық пенен жуўап қайтарыңлар. Себеби Кудай сизлерди бул ушын шақырған.
10 «Ким де ким ѳмирди сүйип, жақсы күнлер келиўин қєлесе, тилин жаман сѳзден, аўзын ѳтирик сѳз айтыўдан тыйсын.
11 Жаманлықтан қашып, жақсылық ислесин. Тынышлық излеп, оны орнатыўға умтылсын.
12 Ѳйткени Кудайдың кѳзлери ҳақ адамларда, Оның қулағы олардың жалбарыныўларын еситеди. Бирақ Кудай жаманлық ислейтуғынларға қарсы турады».
13 Жақсылық ислеўге инталы болсаңыз, ким сизлерге жаманлық ислейди?
14 Ҳақ ислериңиз ушын азап шегип атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Адамлардың қорқытқанынан қорқпаңлар ҳєм қєўетерленбеңлер.
15 Масихты «Ийемиз» деп, кеўиллериңизде айрықша қєстерлеңлер. Сизлердеги үмит ҳаққында сораған ҳєр бир адамға жуўап бериўге ҳємме ўақыт таяр болыңлар.
16 Деген менен, буны мүлєйимлилик пенен, ҳүрмет кѳрсетип ислеңлер. Масихқа тийисли болған сизлердиң жақсы жүрис-турысыңызды жаманлап мазақ ететуғынлар уялып қалыўы ушын, ҳүжданыңызды таза тутыңлар.
17 Жақсылық етип азап шегиў Кудайдың қєлеўи болса, бул жаманлық ислеп азап шегиўден жақсырақ.
18 Масихтың Ѳзи де ҳақ бола тура, наҳақлар ушын азап шекти. Ол бизлерди Кудайға алып келиў ушын, гүналарымыз ушын бир мєртебе қурбан болды. Денеси ѳлтирилсе де, Ол руўхта тирилди.
19 Ол, ҳєтте, қамақта болған руўхларға да барып, Ѳз жеңисин жєриялады.
20 Єййемги ўақытлары Нухтың заманында кеме соғылғанда, Кудай адамлардың тєўбе етиўин сабырлылық пенен күтсе де, олар Оған бойсынбаған еди. Сол кемеге аз ғана адам, яғный сегиз адам минип, суўдан қутқарылды.
21 Бул – Ийса Масихтың қайта тирилиўи арқалы ҳєзир сизлерди қутқаратуғын суўға шомылдырылыўдың тымсалы. Суўға шомылдырылыў денени кирден тазалаў емес, ал Кудайдан пєк ҳүждан сораў дегенди билдиреди.
22 Масих аспанға кѳтерилип, Кудайдың оң жағында отыр. Оған периштелер, аспандағы бийлеўшилер ҳєм күш ийелери бойсынды.