Петрдиң биринши хаты 2 bob

1 Тири тас ҳәм Қудайдың халқы. 13 Басшыларға бойсыныңлар! 

1 Сонлықтан ҳєр қандай жаманлықты, ҳєр қыйлы ѳтирикти ҳєм еки жүзлиликти, күншилликти ҳєм ҳєр қандай ѳсекти қойыңлар!
2 Жаңа туўылған нєрестелердиң ана сүтине қуштар болғанындай, сизлер де руўхый таза сүт болған Кудайдың сѳзине қуштар болыңлар. Сонда азық алып ѳсип, қутқарыласызлар.
3 Себеби сизлер Ийемиздиң жақсылығын татып кѳрдиңлер.
4 Адамлар керексиз деп таслаған, бирақ Кудай тєрепинен таңланған бийбаҳа тири тасқа – Ийемиз Ийсаға келиңлер.
5 Сизлер де тири таслар сыяқлысызлар. Сонлықтан Кудай сизлерди руўхый Ибадатхана салыўда қолланып, Ийса Масих арқалы Ѳзине унайтуғын руўхый қурбанлық бериўиңиз ушын, мухаддес руўханийлер қылып атыр.
6 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Мине, Мен Ѳзим таңлаған бийбаҳа бир тасты, мүйешке қойылатуғын тийкарғы тасты Ерусалимде орнатаман. Оған исенген адам ҳеш қашан уятқа қалмайды».
7 Исенетуғын сизлер ушын бул тас қымбатлы. Ал исенбейтуғынлар ушын Ол: «Курылысшылар керексиз деп таслаған тас, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды».
8 Жєне де, «сүрниктиретуғын ҳєм қулататуғын жартас болды». Исенбейтуғынлар Кудайдың сѳзин тыңламағаны ушын сүрнигеди. Бул олардың тєғдирине жазылған.
9 Бирақ сизлер Кудай тєрепинен таңланған адамлар, Патшаның руўханийлери, мухаддес миллет ҳєм Кудайға тийисли халықсыз. Сизлер ѳзлериңизди қараңғылықтан Ѳзиниң єжайып нурына шақырған Кудайдың таң қаларлық ислерин жєриялаў ушын таңландыңлар.
10 Бир ўақытлары Кудайдың халқы емес едиңлер. Бирақ енди Кудайдың халқысыз. Бир ўақытлары Кудайдың мийрим-шєпєєтин билмеген едиңлер, енди болса, Оның мийрим-шєпєєтин алдыңлар.
11 Сүйикли туўысқанларым, бул дүньяда жат жерли ҳєм қонақ болған сизлерге жалбарынаман, жаныңызға ҳєр қашан қарсы туратуғын денениң жаман қєлеўлеринен қашыңлар.
12 Исенбейтуғынлар арасында ҳадал ѳмир сүриңлер. Олар сизлерди жаманлық ислеўшилер, деп айыпласа да, жақсы ислериңизди кѳрип, Кудай келетуғын күни Оны алғыслайды.
13 Ийемиз Ийса ушын, адамлар орнатқан ҳєр қандай ҳєкимшиликке бойсыныңлар. Жоқары бийликке ийе патшаға ҳєм
14 жаманлық ислеўшилерди жазалаў, жақсылық ислеўшилерди хошаметлеў ушын патша тєрепинен жиберилген ҳєкимлерге бойсыныңлар.
15 Себеби Кудай сизлердиң жақсы ислериңиз арқалы ақылсыз адамлардың ѳсек сѳзлериниң тоқтаўын қєлейди.
16 Ал сизлер азат адамларсыз. Бирақ азатлығыңызды жаманлық ислеў ушын пайдаланбай, Кудайдың қуллары болып жасаңлар.
17 Ҳємме адамларға ҳүрмет кѳрсетиңлер. Исениўши туўысқанларыңызды сүйиңлер. Кудайдан қорқыңлар, патшаны сыйлаңлар.
18 Ҳєй қуллар, хожайынларыңызға бойсыныңлар! Олардың тек жақсы ҳєм мийримлилерин ғана емес, ал қаталларын да толық ҳүрмет етип, бойсыныңлар.
19 Егер ким де ким наҳақ азап шеккенде Кудайды ойлап, азапларға шыдаса, бул Кудайға унайды.
20 Егер гүна ислегениңиз ушын таяқ жегениңизде шыдасаңыз, бул сизлерге абырай єперер ме екен? Бирақ, жақсылық ислей тура азап шеккениңизде шыдасаңыз, бул Кудайға унайды.
21 Ѳйткени Кудай сизлерди усы ушын шақырды. Масихтың Ѳзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын ѳрнек кѳрсетти.
22 «Ол гүна ислемеди, аўзынан ҳеш жалған сѳз де шықпады».
23 Масқараланғанда ҳеш кимге масқаралаў менен жуўап қайтармады. Ол азап шеккенде де ҳеш кимди қорқытпады, ал Ѳзин єдиллик пенен ҳүким етиўши Кудайдың қолына тапсырды.
24 Бизлердиң гүна ушын ѳлип, ҳақ болып жасаўымыз ушын, Ол гүналарымызды атанақ ағашта Ѳз денесине жүкледи. Оның жарақатлары арқалы шыпа таптыңыз.
25 Бурын адасқан қойлар сыяқлы едиңиз, енди болса, жанларыңыздың Шопанына ҳєм Бағыўшысына қайтып келдиңлер.