1 Байларға ескертиў. 7 Сабырлы болыңлар! 13 Исеним менен етилген дуўа.
Яқыптың хаты 5 bob
1 Тыңлаңлар енди, ҳәй байлар, басыңызға түсетуғын бахытсызлықлар себепли ѳкирип жылаңлар!
2 Байлығыңыз ширип, кийимлериңизди күйе жеген.
3 Алтын ҳәм гүмислериңиз тат басқан. Олардың таты сизлерге қарсы гүўалық берип, денеңизди от сыяқлы жейди. Сизлер бул ақырғы күнлерде де байлық үстине байлық жыйнадыңлар.
4 Сизлер егинлериңизди орған жумысшылардың ис ҳақысын жеп қойдыңлар. Мине, сол орақшылардың дады Ќүдиретли Ийемиздиң қулағына жетти.
5 Сизлер жер жүзинде молшылықта жасап, кәйип-сапа шектиңлер. Баўызланатуғын күнде ѳзлериңизди семирттиңлер.
6 Сизлер ѳзлериңизге қарсы турмаған ҳақ адамларды ҳүким етип ѳлтирдиңлер.
7 Солай етип, туўысқанларым, Ийемиз келгенше, сабырлы болыңлар! Єне, дийхан сабырлық етип, биринши ҳәм соңғы жаўынлар жаўғанша, жердиң қымбатлы зүрәәтин күтип атыр.
8 Сизлер де сабырлы болып, беккем турыңлар! Ѳйткени Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын.
9 Туўысқанлар, ҳүким етилмеўиңиз ушын бир-бириңизге қарсы наразылық билдирмеңлер. Мине, ҳүким етиўши Ийемиз қапы алдында тур.
10 Ҳәй, туўысқанлар, Ќудайдың атынан сѳйлеген пайғамбарлардың қыйыншылықларда сабырлық еткенинен ѳрнек алыңлар.
11 Сабырлық еткенлерди бизлер бахытлы деп есаплаймыз. Сизлер Аюптың сабырлығы ҳаққында еситтиңлер. Соңында Ийемиздиң ол ушын нелер ислегенин де билесизлер. Ийемиз жүдә мийрим-шәпәәтли ҳәм реҳимли.
12 Ҳәй, туўысқанларым! Ең баслысы, ант ишпеңлер. Я аспан менен, я жер менен, я басқа нәрсе менен ант ишпеңлер. Тек «аўа» ңыз аўа, «яғ» ыңыз яқ болсын. Сонда ҳүким етилмейсизлер.
13 Араңызда азап шегип атырған бар ма? Ол дуўа етсин. Руўхы кѳтериңки адам бар ма? Ол Ќудайға алғыс-мақтаў қосығын айтсын.
14 Араңызда аўырыў адам бар ма? Ол исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын шақырсын. Олар Ийемиз Ийсаның аты менен оны май менен сылап, ол ушын дуўа етсин.
15 Исеним менен етилген дуўа аўырыўға шыпа береди ҳәм Ийемиз оны аяққа турғызады. Егер ол гүна ислеген болса, гүнасы кешириледи.
16 Солай етип, шыпа табыўыңыз ушын, бир-бириңиздиң алдыңызда гүналарыңызды мойынлаңлар ҳәм бир-бириңиз ушын дуўа етиңлер. Ҳақ адамның дуўасы жүдә күшли тәсирге ийе.
17 Илияс та бизлер сыяқлы бир адам еди. Жаўын жаўмасын деп, ол күшли дуўа еткенде, жерге үш жыл, алты ай жаўын жаўмады.
18 Ол және дуўа етти. Сонда аспаннан жаўын жаўып, жер ѳним берди.
19 Ҳәй, туўысқанларым! Араңызда бир адам ҳақыйқат жолынан адасса, бириңиз оны ҳақыйқатқа қайтарса,
20 билсин, бир гүнакарды надурыс жолдан қайтарған адам бир жанды ѳлимнен қутқарған ҳәм кѳп гүналарды жуўған болады.