Яқыптың хаты 2 bob

14 Исеним ҳәм ислер. 

1 Ҳәй, туўысқанларым, уллы Ийемиз Ийса Масихқа исеними бар сизлер адамларды алаламаңлар.
2 Егер сизлердиң жыйналысыңызға алтын жүзикли, сәнли кийимлер кийген бир адам менен жупыны кийим кийген бир жарлы адам келсе,
3 сизлер сәнли кийим кийген адамға ҳүрмет кѳрсетип: «Сиз бул жерге, жақсы жерге отырың», ал жарлы адамға болса: «Сен ана жерде тур» ямаса: «Аяқ бетимде отыр» десеңлер,
4 араңызда алалық жасап, жаман нийетли ҳүким шығарыўшылар болып қалмайсызлар ма?
5 Ќулақ салыңлар, сүйикли туўысқанларым: Ќудай бул дүньяда жарлы болғанларды исенимде бай болыўы ҳәм Ѳзин сүйгенлерге ўәде еткен Патшалығының мийрасхорлары болыўы ушын таңламады ма?
6 Бирақ сизлер жарлыны бийабырай қылдыңыз-ғо. Сизлерге зулымлық жасап атырған байлар емес пе? Сизлерди ҳүкимханаларға сүйреп апаратуғын да байлар емес пе?
7 Сизлерге берилген қәдирли атты мазақ қылыўшылар да олар емес пе?
8 Мухаддес Жазыўдағы: «Ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй», – деген баслы нызамды ҳақыйқаттан орынласаңлар, жақсы қыласызлар.
9 Бирақ адамларды алаласаңлар, гүна ислеп атырған боласызлар ҳәм Мухаддес Нызам алдында жынаятшы сыпатында жазаланасызлар.
10 Ѳйткени ким де ким Мухаддес Нызамды толығы менен орынлап, тек бир нәрседе айыплы болса, ол пүткил Мухаддес Нызамға қарсы гүнакар болады.
11 Себеби «Неке ҳадаллығын бузба», – деген Ќудай, «Адам ѳлтирме», – де деген. Егер сен неке ҳадаллығын бузбасаң да, бирақ адам ѳлтирсең, Мухаддес Нызамға қарсы жынаятшы боласаң.
12 Азатлық бериўши нызам бойынша ҳүким етилетуғынлар сыяқлы сѳйлеңлер ҳәм ис тутыңлар.
13 Ѳйткени ҳүким – реҳимсиз адамға реҳимсиз. Ал реҳим ҳүкимнен үстин.
14 Туўысқанларым, егер ким де ким исеними барлығын айтып, жақсы ислер қылмаса, не пайдасы бар? Бундай исеним оны қутқара ала ма?
15 Бир ер ямаса ҳаял туўысқанымыз жалаңаш қалып, күнделик азығына зар болса,
16 араңыздағы бириңиз оларға: «Аман-есен барың, жылының ҳәм тойың» десе, бирақ денесине керекли затлар бермесе, буннан не пайда?
17 Сол сыяқлы, ислерсиз исеним де ѳз-ѳзинен ѳли.
18 Бирақ биреў: «Сениң исенимиң бар, мениң ислерим бар. Маған ислерсиз исенимиңди кѳрсет, ал мен саған исенимимди ислерим арқалы кѳрсетейин», – дейди.
19 Сен Ќудайдың жалғыз екенине исенесең бе? Жақсы қыласаң. Жинлер де буған исенип, қалтырасады.
20 Ҳәй, ақылсыз адам, ислерсиз исенимиңниң пайдасыз екенин билиўди қәлейсең бе?
21 Бабамыз Ибрайым улы Ысақты қурбанлық шалынатуғын орынға бағышлап, ислери менен ақланбады ма?
22 Кѳрип турғаныңдай, исеними оның ислери менен ҳәрекет етти. Исеними ислери менен кәмал тапты.
23 Солай етип, «Ибрайым Ќудайға исенди ҳәм сол себепли ақланды», – деп жазылған Мухаддес Жазыў орынланып, ол Ќудайдың досты деп аталды.
24 Кѳрип турсызлар, адам тек исеними менен емес, ислери менен ақланады.
25 Сол сыяқлы, жансызларды қабыл етип, оларды басқа жолдан жиберген бузық ҳаял Раҳаб та ѳз ислери менен ақланбады ма?
26 Руўхсыз дене ѳли болғаны сыяқлы, ислерсиз исеним де ѳли.