Яқыптың хаты 3 bob

1 Тилди тыйыў ҳаққында. 

1 Ҳәй, туўысқанларым! Кѳплериңиз муғаллим бола бермеңлер. Себеби бизлердиң, муғаллимлердиң аўырырақ ҳүким алатуғынымызды билесизлер.
2 Ҳәммемиз кѳп қәте ислеймиз. Егер ким де ким сѳйлегенде қәте қылмаса, ол пүткил денесин бойсындыра алатуғын минсиз адам болғаны.
3 Бизлерге бойсыныўы ушын, атлардың аўызларына суўлық салып, олардың пүткил денесин басқара аламыз.
4 Кемелер де соншелли үлкен болып, күшли самаллар менен жүрсе де, кемешиниң қәлеген жерине жүдә кишкене руль менен бурылады.
5 Сол сыяқлы, тил де денениң кишкене бир мүшеси болса да, кѳп мақтанады. Кишкене бир ушқын соншелли үлкен тоғайды жандырып жибере алады.
6 Тил – бул от, денемиздиң мүшелери арасында бир жаманлық дүньясы. Ол пүткил денемизди ипласлайды ҳәм ѳмиримизди жандырады. Оның ѳзи де дозақ отында жанады.
7 Ҳәр түрли ҳайўанлар, қуслар, жер баўырлаўшылар ҳәм теңиз жаныўарлары адам тәрепинен қолға үйретилген ҳәм қолға үйретилмекте.
8 Бирақ тилди ҳеш бир адам бойсындыра алмайды. Ол тоқтатып болмайтуғын жаманлық болып, ѳлтириўши зәҳәрге толы.
9 Тилимиз бенен Ийемизди, Єкемизди алғыслаймыз. Сол тилимиз бенен Ќудайға уқсатып жаратылған адамларды ғарғаймыз да.
10 Бир аўыздан ҳәм мақтаў, ҳәм ғарғыс шығады. Туўысқанларым, бундай болмаўы керек.
11 Бир булақтан ҳәм душшы, ҳәм ашшы суў шыға ма?
12 Туўысқанларым! Єнжир ағашы зәйтүн ямаса жүзим ағашы әнжир бере ала ма? Ашшы булақ та душшы суў бере алмайды.
13 Араңызда дана ҳәм түсимпаз адам ким? Бундай адам ѳз даналығын жақсы жүрис-турысы арқалы кѳрсетип, кишипейиллик пенен жақсы ислер ислеўи тийис.
14 Бирақ егер жүрегиңизде ашшы күншиллик ҳәм менменлик бар болса, онда мақтанбаңлар, ҳақыйқатқа қарсы жалған сѳйлемеңлер.
15 Бундай «даналық» жоқарыдан түспеген. Бундай «даналық» дүньядан, адам тәбиятынан, шайтаннан.
16 Ѳйткени қай жерде күншиллик ҳәм менменлик бар болса, сол жерде тәртипсизлик ҳәм ҳәр түрли жаманлық болады.
17 Бирақ жоқарыдан түскен даналық бириншиден пәк, соңынан татыў, мүләйим, бойсыныўшы, мийрим-шәпәәтке ҳәм жақсы жемислерге толы. Ол әдалатсыз ҳәм еки жүзли емес.
18 Тынышлық пенен туқым сеўип, тынышлық орнатыўшылар ҳақлық жемисин жыйнап алады.