Яқыптың хаты 4 bob

1 Қудайға бойсыныңлар! 11 Бир-бириңизди жаманламаңлар! 13 Мақтаншақлық ҳаққында. 

1 Араңыздағы урыс ҳәм жәнжеллер қаяқтан келип шығады? Денелериңиздиң мүшелеринде урысып атырған қәлеўлериңизден емес пе?
2 Бир нәрсени қәлейсизлер, бирақ ерисе алмайсызлар. Сонлықтан адам ѳлтиресизлер. Күншиллик етесизлер, бирақ қәлегениңизге ерисе алмағанлықтан, жәнжеллесип урысасызлар. Сизлер Ќудайдан сорамағаныңыз ушын, алмай атырсызлар.
3 Сорасаңыз да алмай атырсызлар. Себеби жаман нийет пенен, ѳз нәпсиңизге пайдаланыў ушын сорап атырсызлар.
4 Ҳәй, опасызлар! Дүнья менен дос болыўдың Ќудайға душпанлық екенин билмейсизлер ме? Дүньяның досты болыўды қәлеген адам ѳзин Ќудайға душпан қылады.
5 Мухаддес Жазыўда: «Ќудайдың бизлерге салған Мухаддес Руўхы бизлердиң Ќудайға садық болыўымызды қатты қәлейди», – деп босқа айтылған деп ойлайсызлар ма?
6 Деген менен, Ќудайдың бизлерге беретуғын мийрими және де уллырақ. Сонлықтан Мухаддес Жазыўда: «Ќудай менменлерге қарсы турады, бирақ кишипейиллилерге Ѳз мийримин береди», – делинген.
7 Солай етип, Ќудайға бойсыныңлар! Шайтанға қарсы турыңлар, сонда ол сизлерден қашып кетеди.
8 Ќудайға жақынласыңлар, сонда Ол да сизлерге жақынласады. Ҳәй, гүнакарлар, қолларыңызды гүнадан тазалаңлар! Ҳәй, еки ойлылар, жүреклериңизди пәклеңлер!
9 Ќайғырыңлар, аза тутып, жылаңлар! Күлкиңиз азаға, қуўанышыңыз қайғыға айлансын.
10 Ийемиздиң алдында ѳзлериңизди пәс тутыңлар, Ол сизлерди мәртебели қылады.
11 Туўысқанларым, бир-бириңизди жаманламаңлар! Ѳз туўысқанын жаманлайтуғын ямаса ҳүким ететуғын адам Мухаддес Нызамға қарсы сѳйлеп, оны ҳүким еткен болады. Егер сен Мухаддес Нызамды ҳүким етсең, онда Мухаддес Нызамды орынлаўшы емес, ал оны ҳүким етиўши боласаң.
12 Нызам шығарыўшы ҳәм ҳүким етиўши – жалғыз Ќудай. Тек ғана Ол қутқарыўға ҳәм набыт қылыўға қүдиретли. Ал туўысқаныңды ҳүким ететуғындай, сен ким болыпсаң?
13 Енди «Бүгин ямаса ертең пәлен қалаға кетемиз, ол жерде бир жыл қалып, саўда-сатық ислеп, пайда кѳремиз», – дейтуғынлар, тыңлаңлар!
14 Сизлер ертең не болатуғынын билмейсизлер-ғо. Ѳмириңиздиң ѳзи не? Ол аз ўақыт кѳринип, кейин жоқ болатуғын пуў.
15 Оның орнына: «Егер Ийемиз қәлесе, жасаймыз ҳәм мынаны я ананы ислеймиз», – деп айтыўыңыз тийис.
16 Бирақ сизлер менменсип мақтанасызлар. Ҳәр қандай мақтаншақлық – жаўызлық.
17 Солай етип, ким де ким жақсылық ислеўди билсе де, оны ислемесе, гүна қылған болады.