1 Сәлемнама. 2 Сынаў ҳәм азғырыў. 19 Тыңлаў ҳәм орынлаў.
Яқыптың хаты 1 bob
1 Мен, Ќудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың қулы Яқыптан, жер жүзине тарқалып кеткен Ќудайдың халқына сәлем!
2 Ҳәй, туўысқанларым, түрли сынаўларға ушырағаныңызда оны үлкен қуўаныш пенен қабыл етиңлер.
3 Себеби исенимиңиздиң сыналыўынан сабырлық пайда болатуғынын билесизлер.
4 Ҳеш бир кемшиликсиз, жетилискен ҳәм минсиз адамлар болыўыңыз ушын толық сабырлық етиңлер.
5 Егер араңыздағы бириңиздиң даналығы кем болса, ҳәммеге сақыйлық пенен, айыпламай беретуғын Ќудайдан сорасын. Ќудай оған береди.
6 Бирақ ҳеш гүманланбастан, исеним менен сорасын. Ѳйткени гүманланған адам самал менен шайқатылып тынышсызланған теңиз толқынына уқсайды.
7 -
8 Ѳзиниң пүткил жолларында турақсыз болған, бундай еки ойлы адам Ийемизден бир нәрсе аламан, деп ойламасын.
9 Тѳмен жасайтуғын туўысқан Ќудайдың ѳзине берген мәртебеси менен мақтансын.
10 Ал бай туўысқан ѳз пәслиги менен мақтансын. Себеби бай адам даладағы гүл сыяқлы солып қалады.
11 Ќуяш шығып, жәзийрама ыссысы менен шѳпти қуўратып таслайды. Оның гүли тѳгилип, кѳркиниң гѳззаллығы жоғалады. Бай адам да усылай ѳз ислери менен солып жоқ болады.
12 Сынаўға шыдаған адам бахытлы! Ѳйткени ол сынаўдан ѳткеннен соң, Ќудайдың Ѳзин сүйетуғынларға ўәде еткен ѳмир тажын алады.
13 Азғырылыўға түскенде ҳеш ким: «Мен Ќудай тәрепинен азғырылып атырман», – демесин. Себеби Ќудай жаманлық пенен азғырыла алмайды ҳәм Оның Ѳзи де ҳеш кимди азғырмайды.
14 Бирақ ҳәр ким ѳзиниң жаман қәлеўлерине берилип, алданып азғырылады.
15 Кейин сол қәлеў ҳәмледар болып, гүнаны туўады. Ал гүна жетилисип, ѳлимди туўады.
16 Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, алданбаңлар!
17 Ҳәр қандай жақсы ҳәм минсиз сый жоқарыдан, нурлар Єкеси болған Ќудайдан келеди. Онда ҳеш қандай ѳзгерис ямаса ѳзгериўши кѳлеңке жоқ.
18 Оның жаратқанларының арасында биринши мийўелери болыўымыз ушын, Ол Ѳз қәлеўи бойынша бизлерди ҳақыйқат сѳзи менен ѳмирге еристирди.
19 Сүйикли туўысқанларым, мынаны есте сақлаңлар: ҳәр бир адам еситиўде шаққан, сѳйлеўде ақырын, ғәзеплениўде де ақырын болсын.
20 Ѳйткени адамның ғәзеби Ќудайдың талап еткен ҳақлығын иске асыра алмайды.
21 Сонлықтан ҳәр қандай ипласлықты ҳәм ҳәмме жерди жайлап кеткен жаманлықты таслап, ѳзлериңизде егилген, жанларыңызды қутқара алатуғын Ќудайдың сѳзин кишипейиллик пенен қабыл етиңлер.
22 Сѳзди тек тыңлаўшылар болып, ѳз-ѳзиңизди алдамаңлар, оны орынлаўшылар болыңлар.
23 Егер ким де ким сѳзди тыңлап, оны орынламаса, ол ѳз тәбийғый келбетин айнада кѳрген адамға уқсайды.
24 Себеби ол ѳзин кѳрип болып, кетип қалады ҳәм қандай екенин дәрҳал умытады.
25 Бирақ азатлық бериўши минсиз нызамға анықлап қарайтуғын ҳәм ол бойынша жасайтуғын адам умытшақ тыңлаўшы болмай, оны ис жүзинде қолланады. Бундай адам ѳз ислери менен бахытлы болады.
26 Ѳзин диншил деп есаплап, тилин тыймаған адам ѳзин ѳзи алдаған болады. Оның диншиллиги бос.
27 Єкемиз Ќудайдың алдында пәк ҳәм қәтесиз диншиллик бул – жетим-жесирлерге қыйын күнлеринде жәрдем етип, ѳзин дүньяның напәкликлеринен сақлаў.