1 Қудайдың ҳақыйқатлығы. 12 Мақсетке жетиўге тырысыў.
Филиплилерге жазылған хат 3 bob
1 Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып қуўаныңлар. Сизлерге бирдей нєрселерди қайталап жазыў мени зериктирмейди, жєне де бул сизлер ушын зыянсыз.
2 Ийттей болған жалған муғаллимлерден, жаманлық ислеўшилерден, қутқарылыў ушын сүннет етилиў тийис, деўшилерден сақ болыңлар!
3 Ѳйткени бизлер – руўхый сүннет етилген Кудайдың халқымыз. Бизлер Кудайға Оның Руўхы арқалы сыйынамыз, Масих Ийса менен мақтанып, ѳз шығысымызға ҳєм ерискен нєрселеримизге сүйенбеймиз.
4 Негизинде мен оларға сүйене алар едим. Егер басқа биреў ѳз шығысыма ҳєм ерискен нєрселериме сүйениўге дєлилим бар деп ойласа, меники оныкинен де кѳбирек:
5 мен сегиз күнлик ўақтымда сүннет етилдим. Израил халқынан, Бенамин урыўынан болған нағыз яҳудиймен. Диний нызам бойынша парисеймен.
6 Диний инта бойынша исениўшилер жємєєтин қуўдалаған ҳєм диний нызам талап еткен ҳақлық бойынша кемшиликсиз адам едим.
7 Бирақ, бир ўақытлары єҳмийетли деп билген бул нєрселеримди енди Масих ушын пайдасыз деп есаплайман.
8 Аўа, мен ҳємме нєрсени Ийем Масих Ийсаны билиўдиң артықмашылығы алдында пайдасыз деп санайман. Жєне де, мен Масих ушын ҳємме нєрседен бас тарттым ҳєм Оған ерисип, Оның менен бирге болыў ушын, ҳєммесин сыпырынды деп есаплайман.
9 Енди Мухаддес Нызамды орынлаўым арқалы алатуғын ѳз ҳақлығыма емес, ал Масихқа деген исеним арқалы берилетуғын, яғный Кудайдың исенимимизге қарай беретуғын ҳақлығына ийемен.
10 Кєне енди, Масихтың Ѳзин ҳєм Оның қайта тирилиўиниң күшин билип алсам. Оның азапларына қатнасып, ѳлимине де шерик болсам.
11 Солай етип, түбинде ѳлимнен қайта тирилиўге ериссем.
12 Мен буларға єлле қашан ерискеним ямаса жетискеним ушын айтып атырған жоқпан. Ал, Масих мени қандай мақсет ушын таңлап алған болса, мен сол мақсетке жетиўге тырысып атырман.
13 Туўысқанлар, мен ѳзимди усы мақсетке жеттим деп есапламайман. Тек ғана изде қалғанларды естен шығарып, алдындағыларға умтылып атырман.
14 Кудайдың сыйына, Оның Масих Ийса арқалы шақырған аспандағы ѳмирине ерисиў ушын, мен белгиленген мақсетке жетиўге тырысып атырман.
15 Солай етип, арамыздағы исеними жетискен адамлардың ҳєммеси усы ой-пикирге ийе болсын. Егер сизлер басқаша ойлайтуғын болсаңыз, Кудай сизлерге буны да ашып береди.
16 Тек ерискен ҳақыйқатымыз бойынша ѳмир сүрейик.
17 Туўысқанларым, ҳєммеңиз бирликте меннен ѳрнек алыңлар. Бизлердиң сизлерге кѳрсеткен ѳрнегимиз бойынша жасап атырғанларға дыққат аўдарып, олардан үлги алыңлар.
18 Сизлерге кѳп мєрте айтқанымдай, ҳєзир де кѳз жасларымды тѳгип тєкирарлап атырман: кѳп адамлар Масихтың атанақ ағаштағы қурбанлығын қабыл етпей, Оның душпаны болып жасамақта.
19 Бундайлардың тєғдирине набыт болыў жазылған болып, олардың қудайы – ѳз қулқыны. Олар уятсыз қылықлары менен мақтанып, тек бул дүньяның қызығын ғана ойлайды.
20 Бирақ, бизиң ўатанымыз аспанда. Бизлер сол жерден Кутқарыўшымыз болған Ийемиз Ийса Масихтың келиўин күтпектемиз.
21 Ҳємме нєрсени бойсындыра алатуғын қүдирети менен, Ол бизлердиң ҳєлсиз ҳєм ѳткинши денемизди ѳзгертип, Ѳзиниң уллы денесине уқсатады.