1 Масихтың денеси болған жәмәәттиң бирлиги. 17 Ески ҳәм жаңа өмир.
Ефеслилерге жазылған хат 4 bob
1 Солай етип, Ийемиз ушын тутқын болған мен сизлерден жалынып сорайман: Кудайдың ѳзлериңизди шақырған ѳмирине ылайықлы түрде жасаңлар.
2 Толық кишипейиллик, мүлєйимлилик ҳєм сабырлылық пенен жасаңлар. Бир-бириңизди сүйип, мийзамкеш болыңлар.
3 Ѳзлериңизди бирлестириўши тынышлық пенен, Мухаддес Руўх берген бирликти сақлаўға тырысыңлар.
4 Кудай сизлерди шақырғанда бир үмитти берди. Сол сыяқлы, ҳєммемиз бир денемиз ҳєм бир Мухаддес Руўхқа ийемиз.
5 Ийемиз бир, исенимимиз бир, суўға шомылдырылыў рєсимимиз бир.
6 Кудай да бир. Ол ҳєммениң үстинен ҳүкимдар, ҳємме арқалы ҳєрекет етиўши, ҳєммемизде бар болған, ҳєммемиздиң Єкемиз.
7 Бирақ Кудай ҳєр биримизге Масихтың сақыйлығына муўапық Ѳз мийримин сыйға берди.
8 Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ол жоқарыға шығып, Тутқынларды тутқын етти. Адамларға сыйлар берди».
9 Енди бул: «Ол жоқарыға шықты» деген сѳзлер нени аңлатады? Масих бурын тѳменге, жерге түсти дегенди аңлатады.
10 Түскен Адам да, ҳєр бир нєрсени толтырыў ушын аспаннан да бийигирекке шыққан Адам да – биреў.
11 Масих гейбиреўлерди елши, базыларды пайғамбар, айырымларды Хош Хабарды жєриялаўшы, ал биреўлерди жємєєт шопаны ҳєм устаз қылып қойды.
12 Ол буны исениўшилерди таярлап, олардың хызмет қылыўы ҳєм Ѳзиниң денеси болған жємєєтти беккемлеў ушын иследи.
13 Нєтийжеде бизлердиң ҳєммемиз Кудайдың Улына исениўде ҳєм Оны билиўде бирликке ерисип, Масихтың толық минсизлигине дейин ѳсип барамыз.
14 Солай екен, ендигиден былай, гѳдек болмайық. Адамлардың жалатайшылығы ҳєм ҳийлекерлиги арқалы пайда болған ҳєр түрли тєлийматлардың самалы менен ана жақтан мына жаққа шайқатылмайық.
15 Керисинше, ҳақыйқатлықты сүйиспеншилик пенен айтып, денениң басы болған Масихқа қарай ҳєр тєреплеме ѳсип барайық.
16 Оның басқарыўында пүткил денениң мүшелери ѳз ара биригип, ҳєр бир мүше ѳз миннетин атқарыўы арқалы бир-бирине жєрдем берип, байланыс жасайды. Усылай етип, пүткил дене сүйиспеншилик пенен ѳсип, ѳзин беккемлеп барады.
17 Сонлықтан мен усыны айтып, сизлерди Ийемиздиң атынан ескертемен: буннан былай, бутқа табыныўшы миллетлердиң адамлары сыяқлы, бос ой-қыялларға берилип жасамаңлар.
18 Олардың сана-сезимлери топырланып, ишиндеги наданлық ҳєм жүреклериндеги қаталлық себепли, Кудайдан берилген ѳмирге жат болған.
19 Олар пүткил ар-намыс сезимлерин жойтқан, ҳєр түрли ҳарамылықты нєпсиқаўлық пенен ислеў ушын, бузықшылыққа берилген.
20 Бирақ сизлер Масихты бундай қылып танымағансыз.
21 Єлбетте, сизлер Ийса Масих ҳаққында еситкениңизден кейин, Оның менен қатнаста болып, Ондағы ҳақыйқатты үйрендиңлер.
22 Сол себептен бурынғы ѳмир жолыңыздан, яғный денениң жаман қєлеўлери себепли шириген ески тєбиятыңыздан ўаз кешиңлер.
23 Ой-пикирлериңизди ҳєм руўхыңызды жаңалап,
24 шын ҳақлық ҳєм мухаддеслик пенен, Кудайға уқсатылып жаратылған жаңа адам болыңлар.
25 Сонлықтан ѳтириктен ўаз кешип, ҳєр бириңиз исениўши туўысқаныңызға ҳақыйқатты айтыңлар. Себеби ҳєммемиз бир денениң мүшелеримиз.
26 Ѓєзепленсеңиз де, гүна ислемеңлер. Куяш батқанша, ғєзептен қайтыңлар.
27 Шайтанға жол бермеңлер.
28 Урлық ислеген ендигиден былай урлық ислемесин. Керисинше, мүтєж адамларға үлестиретуғын бир нєрсеси болыўы ушын, ол ѳз қоллары менен ҳадал мийнет етсин.
29 Аўызларыңыздан ҳеш бир жаман сѳз шықпасын. Ал орны менен сѳйлеп, еситкенлердиң руўхын кѳтеретуғын пайдалы сѳзлерди айтың.
30 Кудайдың Мухаддес Руўхын қапа қылмаңлар. Кутқарылатуғын күниңиз ушын усы Руўх пенен мѳрленгенсизлер.
31 Жек кѳриўшилик пенен бирликте ҳєр бир жаман нийет, ашыў, ғєзеп, бақырыс ҳєм ѳсек сизлерден узақ болсын.
32 Ал бир-бириңизге мийирман ҳєм жан ашыр болыңлар. Кудай сизлерди Масих арқалы кеширгендей, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер.