Ефеслилерге жазылған хат 6 bob

1 Ата-ана ҳәм балалар арасындағы қатнасықлар ҳаққында. 5 Хожайынлар ҳәм қуллар ҳаққында. 10 Шайтанға қарсы руўхый урыс. 21 Соңғы сәлемнама. 

1 Ҳєй балалар, Ийемизге тийисли болған сизлер, ата-анаңызға бойсыныңлар! Себеби усылай ислегениңиз дурыс болады.
2 «Ата-анаңды ҳүрметле», – бул ўєде менен бирге берилген баслы буйрық.
3 Сол ўєде болса мынадай: «Сонда сен берекет табасаң ҳєм жердеги ѳмириң узақ болады».
4 Ҳєй єкелер, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. Оларды Ийемиздиң тєлим-тєрбиясы менен ѳсириңлер.
5 Ҳєй қуллар, дүньядағы хожайынларыңыздың сѳзин Масихтың сѳзин тыңлағандай, терең ҳүрмет, қорқыў ҳєм пєк жүрек пенен тыңлаңлар.
6 Буны адамларға жақсы кѳрингиси келетуғынлар сыяқлы, кѳзабаға ислемеңлер. Кудайдың қєлеўин Масихтың қуллары сыпатында шын жүректен орынлаңлар.
7 Адамларға емес, ал Ийемизге хызмет етип атырғандай, инта менен хызмет етиңлер.
8 Ѳйткени қул болсын, азат адам болсын, ҳєр бир адамның ислеген жақсылығының Ийемизден қайтатуғынын билесизлер.
9 Ҳєй хожайынлар, сизлер де қулларыңызға усындай қатнаста болып, оларды қорқытыўды тоқтатыңлар. Себеби аспанда олар менен сизлердиң Ийеңиз бар екенин ҳєм Оның адамларды айырмайтуғынын билесизлер.
10 Жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып, Оның қүдиретиниң күши менен беккемленип барыңлар.
11 Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Кудайдың барлық саўыт-қуралларын тағыныңлар.
12 Ѳйткени урысымыз қан ҳєм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы кѳзге кѳринбейтуғын ҳєкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳєм аспандағы жаўыз руўхларға қарсы.
13 Сонлықтан жаман күнде оларға қарсылық кѳрсете алыўыңыз ушын ҳєм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Кудайдың барлық саўыт-қуралларын тағып алыңлар.
14 Солай етип, орныңызда беккем турыңлар. Белиңизди ҳақыйқат белбеўи менен буўып, кѳкирегиңизге ҳақлық саўытын кийиңлер.
15 Тынышлық Хош Хабарын жєриялаў таярлығын аяқларыңызға аяқ кийим қылып кийиңлер.
16 Булардың ҳєммесине қоса шайтанның барлық отлы оқларын ѳшире алатуғын исеним қалқанын қолларыңызға алыңлар.
17 Кутқарылыў дуўлығасын ҳєм Кудайдың сѳзи болған Мухаддес Руўхтың қылышын алыңлар.
18 Ҳєр түрли тилек ҳєм жалбарыныў менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында ҳємме ўақыт дуўа етиңлер. Усы мақсет пенен сергек болып, пүткил исениўшилер ушын табан тиреп сораңлар.
19 Мен ушын да дуўа етиңлер. Аўзымды ҳєр ашқанымда маған керекли сѳз берилип, Хош Хабардың сырын батырлық пенен билдире алайын.
20 Жєне де, Хош Хабар ушын елши болған мен ҳєзир тутқын болсам да, Хош Хабарды ылайықлы мєртлик пенен жєриялаўым ушын да дуўа етиңлер.
21 Аўҳалымның қалай екенин ҳєм не ислегенимди сизлер де билиўиңиз ушын, сүйикли туўысқанымыз ҳєм Ийемиздиң исенимли хызметшиси Тихик сизлерге ҳєммесин билдиреди.
22 Мине, усы мақсетте оны сизлерге жиберип атырман. Ол бизлердиң аўҳалымызды билдирип, кеўиллериңизди жигерлендиреди.
23 Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих туўысқанларға тынышлық ҳєм исеним менен бирликте сүйиспеншилик берсин.
24 Ийемиз Ийса Масихты ѳшпес сүйиспеншилик пенен сүйиўшилердиң ҳєммесине Кудайдың мийрими яр болсын!