Ефеслилерге жазылған хат 5 bob

1 Нурға тийисли адамларға сай жасаңлар! 21 Ерли-зайыплылар арасындағы қатнасық ҳаққында. 

1 Солай етип, Кудайдың сүйикли балалары болған сизлер Оған еликлеңлер!
2 Масих бизлерди сүйип, бизлер ушын Кудайға унайтуғын садақа ҳєм қурбанлық болып, Ѳзин Кудайға бағышлады. Сол сыяқлы, сизлер де усындай сүйиспеншилик пенен жасаңлар.
3 Ҳеш қандай бузықшылық, ҳарамылық ҳєм нєпсиқаўлық араңызда тилге де алынбасын. Бул исениўшилерге минєсип емес.
4 Араңызда уят ҳєм пєтиўасыз гєплер, турпайы ҳєзил де болмасын. Бул сизлерге минєсип емес. Буның орнына, Кудайға шүкирлик билдириңлер.
5 Мынаны анық билип қойыңлар: ҳеш бир бузық, ҳарам, нєпсиқаў, яғный бутпараз адам Масихтың ҳєм Кудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
6 Ҳеш ким сизлерди ѳтирик сѳзлер менен алдамасын. Жоқарыда айтылған ислер себепли, Ѳзине бойсынбайтуғынларға Кудайдың ғєзеби келеди.
7 Сонлықтан бундайларға шерик болмаңлар.
8 Сизлер бир ўақытлары қараңғылық едиңиз, бирақ енди болса, Ийемиз арқалы нур болдыңлар. Сол себептен нурға тийисли адамларға сай жасаңлар.
9 Ѳйткени нурдағы ѳмирдиң жемиси – ҳєр түрли жақсылық, ҳақлық ҳєм ҳақыйқатлықтан ибарат.
10 Кудайға нениң унайтуғынын айырып билиңлер.
11 Караңғылықтағы ѳмирдиң жемиссиз ислерине қатнаспаңлар. Керисинше, оларды єшкара етиңлер.
12 Караңғылықтағы адамлардың жасырын қылған ислерин айтыўдың ѳзи қатты уят.
13 Бирақ, қараңғылыққа нур шашылса, ҳємме нєрсе анық кѳринеди.
14 Себеби Кудайдың нурында кѳринген ҳєр бир адам – нур. Сол себептен былай делинген: «Оян, ҳєй уйқыда жатқан, Ѳлилер ишинен тирил! Масих саған нур шашар».
15 Солай етип, қалай жасаў кереклигине дыққат аўдарып, надан адамлар сыяқлы емес, ал дана адамлар сыяқлы жасаңлар.
16 Жақсылық ислеўге ҳєр бир мүмкиншиликтен пайдаланыңлар. Ѳйткени ҳєзирги күнлер жаўызлыққа толы.
17 Сол себептен ақылсыз болмай, Ийемиздиң қєлеўиниң не екенин түсиниңлер.
18 Арақ-шарап ишип, мєс болмаңлар, бул адамның бузылыўына алып келеди. Ал буның орнына, Мухаддес Руўхқа толыңлар.
19 Забур жырларындағы, алғыс-мақтаў қосықларындағы ҳєм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықлардағы сѳзлерди бир-бириңизге айтып, Ийемизди қосық-намалар менен жүрегиңизде алғыслаңлар.
20 Бєрқулла ҳємме нєрсе ушын, Ийемиз Ийса Масихтың аты менен Єкемиз Кудайға шүкирлик билдириңлер.
21 Масихқа деген ҳүрметиңиз себепли, бир-бириңизге бойсыныңлар.
22 Ҳєй ҳаяллар, Ийемизге бойсынатуғыныңыз сыяқлы, күйеўлериңизге де бойсыныңлар!
23 Себеби Масих исениўшилер жємєєтиниң басы болғаны сыяқлы, күйеўи де ҳаялының басы. Масих Ѳз денесиниң, яғный исениўшилер жємєєтиниң Кутқарыўшысы.
24 Исениўшилер жємєєти Масихқа бойсынатуғыны сыяқлы, ҳаяллар да ҳємме исте күйеўлерине бойсынсын.
25 Ҳєй күйеўлер, Масих исениўшилер жємєєтин сүйип, оның ушын Ѳзин қурбан еткени сыяқлы, сизлер де ҳаялларыңызды сүйиңлер.
26 Масих исениўшилер жємєєтин суў менен жуўып ҳєм Кудайдың сѳзи менен тазалап, оны мухаддес қылыў ушын, Ѳзин қурбан етти.
27 Буны Ол үстинде ҳеш бир дақ, жыйрық ямаса буған уқсаған бир нєрсеси жоқ, мухаддес ҳєм минсиз болған салтанатлы жємєєтти Ѳзине алыў ушын иследи.
28 Сол сыяқлы, күйеўлер де ҳаялларын ѳз денесин сүйгендей сүйиўи шєрт. Ѳз ҳаялын сүйген ѳзин сүйген болады.
29 Ҳеш ким ҳеш қашан ѳз денесин жек кѳрмеген. Керисинше, Масих исениўшилер жємєєтине ғамхор болғаны сыяқлы, адам ѳз денесин азықландырып, оны күтеди.
30 Ѳйткени бизлер Масихтың денесиниң мүшелеримиз.
31 «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, ѳз ҳаялына қосылады ҳєм екеўи бир дене болады».
32 Бул сыр уллы. Мен буны Масихқа ҳєм исениўшилер жємєєтине байланыслы айтып атырман.
33 Солай етип, ҳєр бириңиз ѳз ҳаялын ѳзин сүйгендей сүйсин. Ҳаял да күйеўин ҳүрмет етсин.