1 Павел билдирген сыр. 14 Масихтың сүйиспеншилигин билиў.
Ефеслилерге жазылған хат 3 bob
1 Сол себептен мен, Павел, басқа миллетлерден болған сизлер ушын, Масих Ийсаның тутқыны болдым.
2 Сизлер ушын Кудайдың Ѳз мийрими менен маған берген бул хызмети ҳаққында, єлбетте, еситкенсизлер.
3 Жоқарыда қысқаша жазып ѳткенимдей, Кудай маған Ѳз сырын аян арқалы билдирди.
4 Бул хатты оқығаныңызда, Масихтың сырын қалай түсингенимди билип алыўыңыз мүмкин.
5 Адамзаттың єўелги єўладларынан қупыя тутылып, енди Кудайдың мухаддес елшилерине ҳєм пайғамбарларға Мухаддес Руўх арқалы ашып берилген бул сыр мынадан ибарат:
6 басқа миллетлер де яҳудийлер менен бирге мийрасқа шерик ҳєм бир денениң ағзалары. Олар Хош Хабар арқалы Масих Ийса себепли берилген ўєдеге де шерик.
7 Кудайдың ҳєрекет ететуғын қүдирети менен, маған берилген мийриминиң сыйы арқалы мен Хош Хабарды жєриялаў ушын хызметке тайынландым.
8 Мен барлық исениўшилер ишинде ең арзымағаны болсам да, басқа миллетлерге Масихтың шексиз байлығы ҳаққында жєриялаў ушын, Кудай маған усы мийримин берди.
9 Жєне де, ҳємме нєрсени жаратқан Кудай Ѳзинде єўелден-ақ сақланған сырлы жобасын ҳєммеге ашып бериў ушын да, маған усы мийримин берди.
10 Солай етип, Кудайдың мақсети – исениўшилер жємєєти арқалы аспандағы ҳєкимшиликлерге ҳєм бийликлерге Ѳзиниң кѳп қырлы ақыл-даналығын ҳєзир мєлим етиў.
11 Кудай усы мєңгилик мақсетин Ийемиз Масих Ийса арқалы ємелге асырды.
12 Бизлер Масих пенен қатнаста болып, Оған деген исенимимиз арқалы Кудайға батырлық ҳєм толық исеним менен жақынласа аламыз.
13 Сонлықтан сизлер ушын шеккен азапларым себепли қайғырмаўыңызды ѳтиниш етемен. Мен шеккен бул азаплар сизлерге уллылық алып келеди.
14 Сол себептен мен аспандағы Єкемиздиң алдында дизе бүгип, дуўа етемен.
15 Ол аспандағы ҳєм жер жүзиндеги ҳєр қандай миллетке ат берген.
16 Кудай Ѳз уллылығының байлығы бойынша ишки дүньяңызды беккемлеў ушын, Ѳз Руўхы арқалы сизлерге күш-қуўат берсин.
17 Исенимиңиз арқалы Масих жүреклериңизде жасасын. Сүйиспеншиликке тамыр урып ҳєм тийкарланып,
18 барлық исениўшилер менен бирге Масихтың сүйиспеншилигиниң қаншелли кең, узын, бийик ҳєм терең екенлигин түсинип алғайсыз.
19 Жєне де, сизлер ақыл-ойға сыймайтуғын усы сүйиспеншиликти билип, Кудайдың пүткил толылығына толып барғайсыз.
20 Бизлерде ҳєрекет етиўши қүдирети менен, Кудай бизлердиң тилеген ҳєм ойлаған ҳєр бир нєрсемизди артығы менен ислей алатуғын күшке ийе.
21 Оның Масих Ийса менен қатнаста болған исениўшилер жємєєтинде, єўладтан-єўладқа, мєңгиге даңқы арта берсин! Аўмийин.