8 Павелдиң галатиялылар ушын тәшиўишлениўи. 21 Ажар ҳәм Сара мысалы.
Галатиялыларға жазылған хат 4 bob
1 Жєне айтажағым мынаў: мийрасхор ҳємме нєрсениң ийеси болса да, бала ўақтында оның қулдан айырмашылығы жоқ.
2 Ол єкесиниң белгилеген ўақтына дейин тєрбияшылар менен үй басқарыўшысының бақлаўы астында болады.
3 Усы сыяқлы, бизлер де балалық ўақтымызда, яғный ҳақыйқатлықты толық түсинбеген ўақтымызда дүньяның мєниссиз қағыйдаларының қулы едик.
4 -
5 Бирақ ўақты келгенде, Кудай Ѳз Улын жиберди. Ол Мухаддес Нызамның қулы болғанлардың қутқарылыўы ушын ҳєм бизлердиң Кудайдың балалары болыўымыз ушын ҳаялдан туўылып, Мухаддес Нызамға бойсынып жасады.
6 Сизлер енди Кудайдың балалары болдыңлар. Сонлықтан Ол Ѳз Улының Руўхын жүреклериңизге жиберди. Усы Руўх арқалы сизлер Кудайды: «Єке, Єкежаным!» деп шақырыўыңызға болады.
7 Сол себептен сен енди қул емессең, ал Кудайдың перзентисең. Кудайдың перзенти болғаның ушын, Кудай сени мийрасхор етти.
8 Бурын сизлер Кудайды билмей, негизи Кудай болмаған нєрселерге қул болдыңлар.
9 Енди болса, Кудайды билип алдыңлар, туўрырағы, сизлерди Кудай таныйды. Солай екен, неге енди жєне дүньяның ҳєлсиз ҳєм қєдирсиз қағыйдаларына қайтып баратырсызлар. Кайтадан жєне олардың қуллары болмақшымысызлар?
10 Күнлер, айлар, мєўсимлер ҳєм жылларды белгилейсизлер.
11 Сизлер ушын бийкарға мийнет еттим бе, деп тєшиўиштемен.
12 Туўысқанларым! Сизлерден ѳтиниш етемен, мен сыяқлы болыңлар. Себеби мен де сизлер сыяқлы болдым. Сизлер маған ҳеш қандай жаманлық ислемедиңлер.
13 Хош Хабарды сизлерге биринши мєрте ден-саўлығымның ҳєлсизлиги себепли жєриялағанымнан хабарыңыз бар.
14 Мениң ден-саўлығымның жағдайы сизлер ушын бир сынақ болса да, менменсип, маған тєкаббирлик етпедиңлер. Керисинше, мени Кудайдың бир периштесиндей, ҳєтте, Ийса Масихтай қабыл еттиңлер.
15 Енди сол қуўанышыңыз қаяқта?! Сизлерге ѳзим гүўаман: қолларыңыздан келсе, кѳзлериңизди ойып, маған берер едиңлер.
16 Енди сизлерге ҳақыйқатты айтаман деп, душпаныңыз болдым ба?
17 Мухаддес Нызамды орынлаўды талап еткенлер сизлерди ѳз тєрепине аўдарыўға тырысып атыр, бирақ бул жақсы нийет емес. Ѳзлерине бағыныўға тырысыўыңыз ушын, олар сизлерди бизлерден айырмақшы.
18 Жақсы нийет пенен тырысыў – бул жақсы нєрсе. Бул тек мен сизлердиң араңызда болғанымда емес, ал бєрқулла усылай болса жақсы.
19 Балаларым! Масих сыяқлы болмағаныңызша, мен сизлерди қайтадан туўып атырғандай, толғақ азабын шекпектемен.
20 Ҳєзир жаныңызда болып, даўысымды мүлєйим қылып ѳзгертсем еди. Ѳйткени сизлерди не қыларымды билмей, аң-таң болып турман.
21 Мухаддес Нызам астында жасаўды қєлеген сизлер маған айтыңларшы, Мухаддес Нызамның не дейтуғынын билмейсизлер ме?
22 Себеби Ибрайымның еки улы болды: биреўи шоры ҳаялдан, екиншиси азат ҳаялынан еди, деп жазылған.
23 Шоры ҳаялдан болған улы єпиўайы жол бойынша, ал азат ҳаялдан болған улы ўєде бойынша туўылды.
24 Бунда тымсал мєниси бар. Бул еки ҳаял еки келисимди аңлатады. Биреўи қуллықта болатуғын балаларды туўатуғын Ажар – Синай таўында дүзилген келисимниң тымсалы.
25 Арабстандағы Синай таўының тымсалы болған Ажар ҳєзирги Ерусалимди аңлатады. Ѳйткени бул қала ѳз халқы менен еле де Мухаддес Нызамның қуллығында.
26 Бирақ, аспандағы Ерусалимниң тымсалы болған Сара азат, ол бизлердиң анамыз.
27 Себеби былай деп жазылған: «Ҳєй, бала туўмайтуғын нєсилсиз ҳаял шад бол! Толғақ азабын билмейтуғын ҳаял, Даўысыңды кѳтерип, бақыр! Ѳйткени жалғыз баслы ҳаялдың балалары, Күйеўи бар ҳаялдың балаларынан кѳп».
28 Туўысқанлар! Сизлер де Ысақ сыяқлы ўєде бойынша туўылған балаларсыз.
29 Єпиўайы жол менен туўылған Мухаддес Руўхтың ўєдеси бойынша туўылғанды қалай қуўдалаған болса, ҳєзир де солай болып атыр.
30 Бирақ, Мухаддес Жазыў не дейди? «Шорыны ҳєм оның баласын қуўып жибер, Себеби шорының улы, Азат ҳаялдың улы менен бирликте, Мийрасқа шерик бола алмайды».
31 Солай етип, туўысқанлар, бизлер шоры ҳаялдың емес, ал азат ҳаялдың балаларымыз.