Галатиялыларға жазылған хат 5 bob

1 Азатлығыңызды сақлаңлар! 16 Адам тәбияты ҳәм Мухаддес Руўх. 

1 Масих бизлерди еркин ѳмир сүриўимиз ушын азат қылды. Сонлықтан беккем турыңлар, ѳзлериңизге қайтадан қуллық мойынтырығын салыўға жол қоймаңлар.
2 Караңлар! Мен, Павел, сизлерге мыналарды айтып атырман: егер сүннет етилсеңиз, Масихтың сизлерге ҳеш пайдасы жоқ.
3 Сүннет етилген ҳєр бир адамды жєне ескертип атырман: ол пүткил Мухаддес Нызамды орынлаўға парызлы.
4 Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ақланыўға тырысып атырған сизлер Масихтан айырылдыңлар. Кудайдың мийриминен алысладыңлар.
5 Бирақ бизлер Мухаддес Руўх себепли исеним арқалы ақланыўдан үмит етип, интизарлық пенен күтпектемиз.
6 Ийса Масихқа исенетуғынлар ушын сүннетлениўдиң де, сүннетленбеўдиң де ҳеш қандай єҳмийети жоқ. Тек сүйиспеншилик пенен ҳєрекет еткен исеним ғана єҳмийетли.
7 Сизлер жақсы баратыр едиңлер. Ҳақыйқатқа бойсыныўды даўам етиўден сизлерди ким айнытты?
8 Бундай айнытыў сизлерди шақырған Кудай тєрепинен болмады.
9 Аз ғана ашытқы пүткил қамырды ашытады.
10 Сизлердиң басқаша пикир жүргизбейтуғыныңызға Ийем Ийса алдында исенимим кємил. Бирақ, сизлердиң ақылыңызды шатастырған ким болыўына қарамай, жазасын тартады.
11 Маған келетуғын болсақ, туўысқанларым, егер елеге дейин сүннеттиң керек екенлигин жєриялап келгенимде, қуўдаланар ма едим? Егер олай болғанда, атанақ ағаш ҳаққында айтқан ўазларым себепли машқала туўылмас еди.
12 Кєне енди, сизлерди үгитлеп атырғанлардың ҳєммеси ѳзлерин ақта етсе!
13 Туўысқанлар! Кудай сизлерди азат болыўға шақырған. Тек азатлығыңызды ѳз тєбиятыңыздың қєлеўлериниң қурбаны қылмаң. Оның орнына бир-бириңизге сүйиспеншилик пенен хызмет етиңлер.
14 Пүткил Мухаддес Нызам бир сѳзде жємленген: «Ѳзиңди қалай сүйсең, жаныңдағы адамды да солай сүй».
15 Бирақ бир-бириңиз бенен тислесип, бир-бириңизди жесеңлер, онда бир-бириңизди жоқ етиўден абайлы болыңлар!
16 Жєне айтажағым мынаў: Мухаддес Руўхқа бойсынып жасаңлар! Сонда ѳз тєбиятыңыздың жаман қєлеўлерине ҳеш қашан бойсынбайсызлар.
17 Ѳйткени адам тєбиятының жаман қєлеўлери Мухаддес Руўхқа, Мухаддес Руўх адам тєбиятының жаман қєлеўлерине қарсы. Олар бир-бирине қарсы болғанлықтан, сизлер ислеўди қєлеген нєрселериңизди ислей алмайсызлар.
18 Ал егер сизлер Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүрсеңлер, онда Мухаддес Нызам астында емессизлер.
19 Адамның гүнакар тєбиятының ислери аян, олар: неке ҳадаллығын бузыў, ҳарамылық, бузықшылық,
20 бутпаразлық, сыйқыршылық, душпанлық, жєнжелкешлик, күншиллик, ғєзеп, менменлик, алаўызлық туўдырыў, бѳлиниў,
21 қызғаншақлық, мєскүнемшилик, айшы-єширет ҳєм усыларға уқсаған нєрселер. Сизлерди алдын ескерткенимдей, жєне ескертип атырман: усындай ис-ҳєрекетти ислеўшилер Кудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
22 Бирақ, адам ѳмиринде жетистиретуғын Мухаддес Руўхтың жемиси – сүйиспеншилик, қуўаныш, тынышлық, сабырлылық, мийримлилик, қайырқомлық, садықлық,
23 мүлєйимлилик ҳєм ѳзин тутып билиў. Бундай ислерге қарсы ҳеш қандай нызам жоқ.
24 Ийса Масихқа тийисли болғанлар ѳз тєбиятын қєлеўлери ҳєм нєпсилери менен бирликте атанақ ағашқа шегелеп қойған.
25 Мухаддес Руўх ѳмиримиздиң тийкары болғанлықтан, Оның жетелеўи менен жүрейик.
26 Даңқпараз болмайық, бир-биримиздиң ашыўымызға тийип, күншиллик етпейик.