Галатиялыларға жазылған хат 2 bob

1 Басқа елшилердиң Павелди қабыл етиўи. 11 Павелдиң Петрди әшкаралаўы. 

1 Арадан он тѳрт жыл ѳткеннен соң, Барнаба менен бирликте жєне Ерусалимге бардым. Жаныма Титусты да алдым.
2 Ол жерге Кудайдан алған аяным себепли бардым. Сол жердеги жємєєт жетекшилери менен жеке сѳйлесип, басқа миллетлер арасында ѳзим жєриялап жүрген Хош Хабарды баян еттим. Ислеген мийнетим ҳєм ҳєзир ислеп атырған ис-ҳєрекетимниң зая кетпеўи ушын усылай иследим.
3 Ал олар мениң жанымдағы Титустың грек болыўына қарамай, оны сүннет етилиўге мєжбүрлемеди.
4 Бирақ арамызға жасырын кирген айырым жалған туўысқанлар бар еди. Олар бизлерге Ийса Масих берген азатлықты кѳре алмай, бизлерди яҳудийлердиң нызамының қулы қылмақшы еди.
5 Ал бизлер Хош Хабардың ҳақыйқаты сизлер менен бєрқулла бирге болсын деп, оларға бир дем де бойсынып, тєслим болмадық.
6 Ерусалим жємєєтиниң жетекшилери қаншелли атақлы болса да, мен ушын бєри бир: Кудай адамларды айырмайды. Олар мениң жєриялаў исиме қосымша ҳеш нєрсе жүклемеди.
7 Керисинше, Хош Хабарды яҳудийлерге жєриялаў иси Петрге исенип тапсырылғандай, басқа миллетлерге жєриялаў иси маған исенип тапсырылғанын олар билди.
8 Себеби Петрди яҳудийлер ушын елши етип тайынлаған Кудай мени де басқа миллетлер ушын елши етип тайынлады.
9 Жємєєтлердиң тиреклери есапланған Яқып, Кифа ҳєм Юхан Кудайдың маған берген мийримин мойынлап, маған ҳєм Барнабаға бирдемлик қолларын созды. Солай етип, бизлердиң басқа миллетлерге, ал ѳзлериниң яҳудийлерге кетиўин мақул кѳрди.
10 Тек еле де жарлыларға жєрдем бериўди естен шығармаўымызды ѳтиниш етти. Мен де бул исти шын кеўилден ислеўге тырысып киятырған едим.
11 Кифа Антиохияға келгенде, оның қєтесин бетине айтып єшкара еттим.
12 Ѳйткени Яқыптың жанынан базы адамлар келместен алдын Кифа басқа миллет исениўшилери менен бирге аўқат жейтуғын еди. Бирақ сол яҳудийлер келгенде қорқып, сүннет етилмеген басқа миллет исениўшилеринен ѳзин шетке алды ҳєм олар менен байланысты үзди.
13 Басқа яҳудийлер де Кифаға уқсап еки жүзлилик иследи. Ҳєтте, Барнаба да олардың еки жүзлилигине берилди.
14 Олардың Хош Хабардың ҳақыйқаты бойынша ис тутпай атырғанын кѳргенимде, ҳєммениң алдында Кифаға былай дедим: «Сен яҳудий бола тура, яҳудий сыяқлы емес, ал басқа миллет адамы сыяқлы жасап атырсаң. Енди қалайынша сен басқа миллет адамларын яҳудийлесиўге мєжбүрлейсең?
15 Бизлер яҳудий болып туўылдық, басқа миллетлер сыяқлы гүнакар емеспиз.
16 Бирақ та, адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы емес, ал Ийса Масихқа деген исеними арқалы ақланатуғынын билемиз. Сонлықтан бизлер де Мухаддес Нызамды орынлап жасағанымыз арқалы емес, ал Масихқа деген исенимимиз бенен ақланамыз деп, Ийса Масихқа исендик. Себеби ҳеш бир адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы ақланбайды».
17 Егер Ийса Масих арқалы ақланыўды излеп, ѳзлеримиз гүнакар болып шықсақ, Масих бизлерди гүнаға жетелеўши болғаны ма? Ҳеш қашан!
18 Егер мен ѳзим бузған яҳудий үрп-єдетлерин қайтадан тиклесем, онда мен ѳзимниң нызам бузыўшы екенимди дєлиллеген боламан.
19 Кудай алдында жасаў ушын, Мухаддес Нызам арқалы мен Мухаддес Нызам алдында ѳлгенмен.
20 Мен Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масих жасап атыр. Ҳєзир денеде жасап атырған ѳмиримде мени сүйген ҳєм мен ушын Ѳзин қурбан еткен Кудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман.
21 Мен Кудайдың мийримин қєдирсиз деп есапламайман. Егер де Мухаддес Нызам арқалы ақланыў мүмкин болғанда, онда Масих бийкарға ѳлген болар еди.