1 Сәлемнама. 6 Хош Хабар жалғыз. 11 Павел қалай Масихтың елшиси болды.
Галатиялыларға жазылған хат 1 bob
1 Адамлар тєрепинен ямаса адамлар арқалы емес, ал Ийса Масих ҳєм Оны ѳлимнен тирилткен Єкемиз Кудай тєрепинен елши болып тайынланған мен, Павелден ҳєм мениң менен бирге болған барлық туўысқанлардан, Галатиядағы исениўши жємєєтлерге сєлем!
2 -
3 Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин!
4 Єкемиз Кудайдың ерки бойынша, Ийса Масих бизлерди ҳєзирги жаўыз заманнан қутқармақшы болып, гүналарымыз ушын Ѳзин қурбан етти.
5 Қудайымызға мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
6 Сизлерди Масихтың мийрими арқалы шақырған Қудайдан соншелли тез жүз бурып, басқа бир «хош хабар» ға аўып кеткениңизге ҳайранман.
7 Негизинде басқа бир «хош хабар» жоқ. Ал, сизлердиң ақылыңызды шатастырып, Масихтың Хош Хабарын бурмаламақшы болып атырғанлар ғана бар.
8 Бирақ егер де бизлер ямаса аспаннан бир периште келип, ѳзлеримиз сизлерге айтқан Хош Хабарға қарсы «хош хабар» жєриялап атырған болса, ол Кудайдың ғарғысына ушырасын!
9 Бурын айтқанымызды жєне қайталап айтаман: егер ким де ким сизлер қабыл еткен Хош Хабарға қарсы бир «хош хабар» ды жєриялап атырған болса, ол Кудайдың ғарғысына ушырасын!
10 Енди мен адамлардың мақтаўын қєлеп атырман ба ямаса Кудайдың ба? Я болмаса, адамларға жағыныўға тырысып атырман ба? Егер елеге дейин адамларға жағынбақшы болғанымда, онда мен Масихтың хызметшиси бола алмас едим.
11 Туўысқанларым, мен жєриялаған Хош Хабарды адам ойлап шығармағанын билиўиңизди қєлеймен.
12 Мен бул Хош Хабарды адамнан қабыл етпедим ҳєм ҳеш кимнен үйренбедим. Оны маған Ийса Масихтың Ѳзи аян арқалы билдирди.
13 Мен яҳудий дининде болғанымда, қалай ѳмир сүргеним ҳаққында еситкенсизлер. Кудайдың жємєєтин аяўсыз қуўдалап, оны қуртыўға тырысатуғын едим.
14 Яҳудий дининде ѳз миллетимдеги кѳп қатар-қурбыларымнан озып, ата-бабаларымыздың үрп-єдетлерин орынлаўға жан-тєним менен ғайрат салатуғын едим.
15 -
16 Бирақ мени анамның қарнында болғанымда-ақ таңлап, Ѳз мийрими менен шақырған Кудай басқа миллетлер арасында Хош Хабарды жєриялаўым ушын, маған Улын ашып билдириўге ыразы болды. Сонда мен адамлар менен мєслєҳєтлесип отырмадым.
17 Ерусалимге, яғный меннен бурын елши болғанларға да бармадым. Ал дєрҳал Арабстанға кетип, кейин жєне Дамаскқа қайтып келдим.
18 Соңынан үш жыл кейин Петр менен танысыў ушын Ерусалимге бардым. Оның жанында он бес күн болдым.
19 Бирақ, басқа елшилердиң ҳеш бирин кѳрмедим, тек Ийемиз Ийсаның иниси Яқыпты ғана кѳрдим.
20 Сизлерге жазып атырғанларымның ѳтирик емес екенлигин Кудайдың алдында билдирип атырман.
21 Буннан соң, мен Сирия ҳєм Киликия үлкелерине кеттим.
22 Ал Яҳудиядағы Масихқа тийисли жємєєтлер мени жүзбе-жүз танымайтуғын еди.
23 Олар тек: «Бир ўақытлары бизлерди қуўдалаған адам бурын ѳзи жоқ қылмақшы болған исеним ҳаққында енди ѳзи жєриялап жүр», – дегенди еситип,
24 мен ушын Кудайды алғыслаған еди.