1 Дурыс тәлийматты үйрет!
Титусқа жазылған хат 2 bob
1 Ал саған келсек, сен дурыс тєлиймат бойынша тєлим бер.
2 Үлкен жастағы ер адамларға салдамлы ҳєм ҳүрметке миясар болыўды, ѳзлерин тутып билиўди, исенимде, сүйиспеншиликте ҳєм сабырлылықта беккем болыўды үйрет.
3 Сол сыяқлы, үлкен жастағы ҳаялларға да ҳүрметке ылайықлы ѳмир сүриўди, ѳсекши ҳєм арақтың қулы болмаўды, ал жақсылықты үйретиўши болыўы кереклигин үйрет.
4 Сонда үлкен жастағы ҳаяллар жас ҳаялларға ақыл-нєсият бере алады.
5 Кудайдың сѳзине тил тиймеўи ушын, олар жас ҳаялларға күйеўлерин ҳєм балаларын сүйиўди, ѳзлерин тутып билиўди, пєк, хожалыққа жанкүйер, мийримли болыўды ҳєм күйеўлерине бойсыныўды үйрете алады.
6 Жас ер адамларға да ѳзлерин тыйып билиўди нєсият ет.
7 Жақсы ислер ислеп, оларға ҳєр бир нєрседе ѳрнек бол. Тєлим бергениңде ҳадал ҳєм салдамлы болып,
8 ҳеш ким айыплай алмайтуғын дурыс сѳзлерди сѳйле. Солай етип, саған қарсы шыққанлар бизлер туўралы ҳеш жаман нєрсе айта алмағанлықтан уялып қалады.
9 Кулларға хожайынларына ҳєр бир нєрседе бойсынып, олардың кеўлинен шығыўды, қайтарып сѳйлемей
10 ҳєм урлық ислемей, толық садықлық кѳрсетиўди үйрет. Сонда олар Кутқарыўшымыз Кудайдың тєлийматына ҳєр тєреплеме жақсы ат келтиреди.
11 Ѳйткени Кудайдың қутқаратуғын мийрими пүткил адамларға ашық кѳринди.
12 Бул мийрим бизлерге қудайсызлықтан ҳєм дүньяның жаман ҳєўеслеринен ўаз кешип, ҳєзирги дєўирде ѳзлеримизди тыйып билиўди, ҳақ болыўды ҳєм Кудайдың жолына ылайықлы ѳмир сүриўди үйретеди.
13 Жєне де, ол бизлерге ҳєзирше, мүбєрек үмитимиздиң, яғный уллы Кудайымыз ҳєм Кутқарыўшымыз болған Ийса Масихтың салтанат пенен келиўин күттиреди.
14 Ийса Масих ҳєр бир гүнамыздың тѳлемин ѳтеп қутқарыў ушын ҳєм бизлерди тазалап, Ѳзине тийисли ҳєм жақсылық ислеўге инталы бир халық жаратыў ушын, Ѳзин бизлер ушын қурбан етти.
15 Усыларды толық бийлик пенен үйретип, жигерлендир ҳєм кейи. Ѳзиңди ҳеш кимге кемситпе.