Титусқа жазылған хат 3 bob

1 Ийгиликли ислерди ислеўге таяр болыў ҳаққында. 12 Соңғы сәлемнама ҳәм тилеклер. 

1 Басшыларға ҳєм ҳүкиметке бойсынып қулақ асыўды, ҳєр бир ийгиликли исти ислеўге таяр болыўды,
2 ҳеш кимди ѳсек қылмай ҳєм жєнжелкеш болмай, мүлєйим болып, ҳємме адамларға ҳєр тєреплеме жумсақ қатнаста болыўды исениўшилерге еслетип қой.
3 Себеби бир ўақытлары бизлер де ақылсыз, қулақ аспайтуғын, адасқан, ҳєр түрли жаман ҳєўеслер менен ҳєзликлердиң қулы болған, жаманлық ҳєм күншиллик пенен жасаған, басқалар бизлерди ҳєм бизлер де бир-биримизди жек кѳрген адамлар едик.
4 Бирақ, Кутқарыўшымыз Кудай Ѳз мийримин ҳєм адамға деген сүйиспеншилигин ашық кѳрсеткенде,
5 Ол бизлерди қылған ҳақ ислеримиз себепли емес, ал Ѳз мийрим-шєпєєти менен қутқарды. Бизлерди Мухаддес Руўхы арқалы гүнадан тазалап, қайтадан туўылдырды ҳєм жаңалады.
6 -
7 Оның мийрими менен ақланып, ѳзлеримиз үмит еткен мєңгилик ѳмирдиң мийрасхорлары болыўымыз ушын, Ол Мухаддес Руўхын Кутқарыўшымыз Ийса Масих арқалы мол-мол етип жаўдырды.
8 Бул сѳз – ҳақыйқат. Кудайға исенгенлердиң ѳзлерин жақсы ислерди ислеўге арнаўға тырысыўлары ушын, айтқанларымды талап етиўиңди қєлеймен. Булар – адамлар ушын жақсы ҳєм пайдалы.
9 Бирақ, ақылсыз тартыслар менен шежирелер туўралы сѳзлерден, Мухаддес Нызамға байланыслы айтыс ҳєм жєнжеллерден қаш. Ѳйткени булар пайдасыз ҳєм бийкар нєрселер.
10 Алаўызлық туўдыратуғын адамға бир-еки ескертиў жасағаннан соң, оның менен байланысты үз.
11 Бундай адамның бузылғанын ҳєм ѳз-ѳзин ҳүким етип, гүна ислеп атырғанын билесең.
12 Артемди ямаса Тихикти саған жибергенимде, дєрҳал Никополиске, мениң жаныма келиўге бар күшиңди сал. Себеби қысты сол жерде ѳткизиўге қарар еттим.
13 Нызам хызметкери Зенас пенен Аполосты жолға атландырғаныңда, олар ҳеш бир нєрсеге мүтєж болмаўы ушын ғамхорлық жаса.
14 Мүтєж адамларға жєрдем бериў ушын ҳєм жемиссиз ѳмир сүрмеў ушын, бизиң адамларымыз да жақсы ислерди ислеўге ѳзлерин бағышлаўды үйренсин.
15 Мениң жанымдағылардың ҳєммеси саған сєлем айтып атыр. Ортақ исенимдеги бизлерди сүйетуғынларға сєлем айт. Кудайдың мийрими ҳєммеңизге яр болсын!