Тимофейге жазылған екинши хат 4 bob

9 Жеке тилеклер ҳәм сәлемнама. 

1 Кудайдың алдында ҳєм тирилер менен ѳлилерди ҳүким ететуғын Масих Ийсаның алдында Оның қайта келиўи ҳєм Патшалығы ҳақы қатаң буйыраман:
2 Кудайдың сѳзин жєрияла. Заманның қолайлы ямаса қолайсыз болыўына қарамай, бул хызметти даўам ет. Адамларға толық сабырлылық пенен тєлим берип, єшкарала, жолға сал ҳєм ақыл-нєсият ет.
3 Себеби адамлар дурыс тєлийматты тыңламайтуғын ўақытлар келеди. Олар жаман қєлеўлерине берилип, қулақларына жағатуғын сѳзлерди сѳйлейтуғын кѳп муғаллимлерди єтирапларына жыйнайды.
4 Олар ҳақыйқатлықты еситпеў ушын қулақларын жаўып, аңызларға қулақ асатуғын болады.
5 Бирақ сен ҳєр қандай жағдайда сергек бол. Кыйыншылықларға шыдам бер, Хош Хабар ушын мийнет етип, ѳз хызметиңди орынла.
6 Ѳйткени мениң қаным тѳгилип, қурбан болмақтаман ҳєм дүньядан ѳтетуғын ўақтым да жақынласты.
7 Мен уллы саўашта гүрестим, жарысты жуўмақладым ҳєм исенимимди сақлап қалдым.
8 Енди болса, мен ушын ҳақыйқатлық тажы тайын тур. Єдил ҳүким етиўши болған Ийемиз сол күни усы тажды маған, тек ғана маған емес, ал Оның қайта келиўин интизарлық пенен күткенлердиң ҳєммесине де береди.
9 Жаныма тезирек келиўге бар күшиң менен тырыс.
10 Себеби Димас бул дүньяны сүйгенликтен мени таслап, Салоникаға кетти. Ал Криский Галатияға, Титус Далматияға кетти.
11 Жанымда тек Лука ғана бар. Сен Маркты таўып, ѳзиң менен бирге алып кел. Ол мениң хызметиме жєрдем береди.
12 Мен Тихикти Ефеске жибердим.
13 Келериңде, мениң Троаста, Карптың қасында қалдырып кеткен шапанымды алып кел. Жєне де китапларымды, єсиресе оралған тери китапларды алып кел.
14 Темир устасы Искендер маған кѳп жаманлық иследи. Ийемиз оған ислегенлерине қарай қайтарсын.
15 Сен де оннан абайлы бол. Ѳйткени ол бизлердиң сѳзлеримизге қатты қарсы болды.
16 Биринши мєрте ѳзимди ақламақшы болып жуўап бергенимде, мени ҳеш ким жақламады. Керисинше, ҳємме мени таслап кетти. Буның ушын Кудай оларды кеширсин.
17 Бирақ, Кудайдың Хош Хабары мен арқалы толық жєрияланыўы ушын ҳєм пүткил миллетлер буны еситиўи ушын, Ийемиз маған жєрдемге келип, күш-қуўат берди. Ол мени сол тєризде ѳлимнен қутқарып қалды.
18 Ийемиз мени ҳєр қандай жаманлықтан қутқарады ҳєм Ѳзиниң Аспан Патшалығына аман-есен апарады. Оған мєңгиге алғыс-мақтаўлар болсын! Аўмийин.
19 Прискила менен Акилаға ҳєм Онисифордың үй-ишине сєлем айт.
20 Ерастус Коринфте қалды. Трофимди аўырыў ҳалында Милитте қалдырдым.
21 Кыстан бурын келиўге бар күшиң менен тырыс. Ебул, Пуд, Лин, Клавдия ҳєм барлық исениўши туўысқанлар саған сєлем айтып атыр.
22 Ийемиз сениң руўхың менен бирге болсын! Кудайдың мийрими сизлерге яр болғай!