Тимофейге жазылған екинши хат 2 bob

1 Ийса Масихтың жақсы әскери. 14 Қудайдың жақсы хызметшиси. 

1 Улым, ал сен Ийса Масих арқалы берилетуғын мийрим менен күшке толып бар.
2 Кѳплеген гүўалар алдында меннен ѳзиң еситкен сѳзлерди исенимли адамларға жеткиз. Сонда олар да басқаларға үйрете алады.
3 Масих Ийсаның жақсы єскери болып, мениң менен бирге қыйыншылыққа шыда.
4 Хызметдеги єскер ѳзин єскерликке шақырған єскербасының кеўлинен шығыў ушын, турмыс ислери менен байланбайды.
5 Жарысқа түскен адам да қағыйда бойынша жарыспаса, жеңис тажын киймейди.
6 Аўыр мийнет еткен дийхан зүрєєттен биринши болып үлес алыўы тийис.
7 Айтқанларым ҳаққында жақсылап ойлап кѳр. Ийемиздиң Ѳзи саған ҳєммесин түсиндиреди.
8 Даўыттың урпағынан шыққан ҳєм ѳлимнен қайта тирилген Ийса Масихты ядыңда сақла! Мен жєриялап атырған Хош Хабар – усы.
9 Мен усы Хош Хабар ушын азап шегип, ҳєтте, жынаятшы сыяқлы тутқын болып байландым. Бирақ, Кудайдың сѳзи байлаўлы емес.
10 Сонлықтан мен таңлап алынғанлардың да Масих Ийса арқалы қутқарылыўды мєңгилик салтанат пенен алыўы ушын, ҳємме нєрсеге шыдап атырман.
11 Бул сѳз исенимли: «Егер Оның менен бирге ѳлген болсақ, Оның менен бирге жасаймыз да.
12 Егер сабырлылық қылсақ, Оның менен бирге патшалық етемиз. Егер Оннан ўаз кешсек, Ол да бизден ўаз кешеди.
13 Биз садық болып қалмасақ та, Ол садық болып қалады. Себеби Ол Ѳзинен Ѳзи ўаз кеше алмайды».
14 Усыларды исениўшилерге еслетип тур. Сѳзлер туўралы тартыспаўды оларға Кудай алдында ескертип қой. Тартыслар тыңлаўшыларды айнытыўдан басқа ҳеш нєрсеге жарамайды.
15 Ҳақыйқат сѳзлерин дурыс үйрететуғын ҳєм ѳз иси ушын уятқа қалмайтуғын, Кудайға унамлы, жақсы хызметши болыўға жан-тєниң менен тырыс.
16 Жарамас ҳєм бос сѳзлерден аўлақ бол. Ѳйткени бундай сѳзлер Кудайдан барған сайын узақластырады
17 ҳєм жуқпалы жара сыяқлы тарқалады. Усындай сѳзлерди айтыўшылар арасында Гименей ҳєм Филит те бар.
18 Олар ҳақыйқат жолынан адасты ҳєм ѳлимнен қайта тирилиў єлле қашан болды деп, айырым адамлардың исенимин жоқ қылмақта.
19 Бирақ Кудай салған күшли негиз беккем турыпты. Сол негиз «Ийемиз Ѳзине тийисли болғанларды биледи» ҳєм «Ийемизге тийислимен, деген ҳєр бир адам жаманлықтан аўлақ жүрсин», – деген сѳзлер менен тастыйықланған.
20 Үлкен бир үйде тек алтын ҳєм гүмис ыдыслар емес, ал ағаш ҳєм ылай ыдыслар да бар. Олардың биреўлери сыйлы, ал биреўлери сыйсыз ис ушын қолланылады.
21 Солай етип, егер ким де ким ѳзин жаманлықлардан тазаласа, онда ол сыйлы, мухаддес қылынған, хожайынына пайдалы ҳєм ҳєр бир жақсы иске тайын ыдыс болады.
22 Ал сен жаслықтың жаман ҳєўеслеринен аўлақ бол. Ийемизге таза кеўил менен сыйынатуғынлар менен бирликте ҳақыйқатлық, исеним, сүйиспеншилик ҳєм тынышлыққа умтылып жаса.
23 Ақылсыз ҳєм мєниссиз тартыслардан қаш. Себеби булардың жєнжел туўдыратуғынын сен билесең.
24 Ийемиздиң хызметшиси жєнжелпаз болмаўы керек. Керисинше, ол ҳємме менен мүлєйим, тєлим бериўге қєбилетли ҳєм сабырлы болыўы тийис.
25 Жєне ол ѳзине қарсы болғанларға єлпайымлылық пенен жол-жорық бериўи лазым. Сонда, мүмкин, Кудай сол адамлардың да тєўбеге келип, ҳақыйқатлықты билиўи ушын жол ашар.
26 Солай етип, олардың ақылы киреди ҳєм қєлегенин ислетиў ушын ѳзлерин тутқын қылған шайтанның дузағынан қутылады.