3 Жалған тәлиймат ҳәм ҳақыйқый байлық.
Тимофейге жазылған биринши хат 6 bob
1 Кудайдың атына ҳєм тєлийматына тил тиймеў ушын, қуллық мойынтырығы астында болғанлардың ҳєммеси ѳз хожайынларын толық ҳүрметке ылайықлы деп санасын.
2 Хожайынлары исениўши болған қуллар болса, туўысқанбыз-ғо деп, ҳүрметсизлик қылмай, керисинше, оларға жєне де жақсырақ хызмет етсин. Себеби олардың бул жақсы хызметинен пайда кѳретуғын хожайынлар – сүйикли исениўшилер-ғо. Усыларды үйретип, нєсиятла.
3 Ким де ким ѳзге тєлийматты үйретип, Ийемиз Ийса Масихтың ҳақыйқат сѳзлерин ҳєм Кудайдың жолына тийкарланған тєлийматты мақулламаса,
4 ол менмен ҳєм ҳеш нєрсени билмейтуғын адам болғаны. Айтысыў ҳєм тартысыў кеселине жолыққан бундай адамның гєплери күншиллик, алаўызлық, ѳсек ҳєм жаман гүманларды келтирип шығарады.
5 Ақыл-ойлары уўланған, ҳақыйқатлықты жойтқан, Кудайға хызмет етиў арқалы байыўға болады, деп ойлайтуғын бул адамлар арасында бєрқулла тартыслар болады.
6 Ѳзиңде барға қанаат етип, Кудайдың жолы менен жүриў – үлкен жетискенлик.
7 Ѳйткени бизлер бул дүньяға ҳеш нєрсе алып келмедик ҳєм оннан ҳеш нєрсе де алып кете алмаймыз.
8 Жейтуғын ҳєм кийетуғын нєрселеримиз болса, усыларға қанаат етейик.
9 Ал байымақшы болғанлар азғырылыўға ушырайды. Олар адамларды бєлеге жолықтырып набыт қылатуғын кѳп мєниссиз ҳєм зыянлы ҳєўеслердиң дузағына илинеди.
10 Себеби ҳєр түрли жаманлықтың негизи – ақшаны сүйиў. Айырымлар ақшаның изине түсип, исенимнен қайтты ҳєм ѳзлерин кѳп азапларға дуўшар етти.
11 Ҳєй, Кудайдың адамы, сен бул нєрселерден аўлақ бол. Ал ҳақлыққа, Кудайдың жолы менен жүриўге, исенимге, сүйиспеншиликке, сабырлыққа ҳєм мүлєйимликке умтылып жаса.
12 Исеним ушын болатуғын жақсы гүресте жан-тєниң менен ҳєрекет етип, мєңгилик ѳмирди жеңип ал. Ѳйткени Кудай сени усы мєңгилик ѳмир ушын шақырған ҳєм сен кѳплеген гүўалар алдында исенимиңди ашық тєн алғансаң.
13 Ҳєммеге ѳмир беретуғын Кудайдың ҳєм Понтий Пилат тергегенде турақлылық пенен гүўалық берген Масих Ийсаның алдында саған мынаны буйыраман:
14 Ийемиз Ийса Масих келгенше, ѳзиңе берилген буйрықларды орынлап, минсиз ҳєм айыпсыз бол.
15 Кудай Ѳзи белгилеген ўақытта Ийса Масихтың қайта келиўин кѳрсетеди. Кудай – алғыс-мақтаўларға ылайықлы жалғыз Ҳєким, патшалар Патшасы, ҳүкимдарлар Ҳүкимдары.
16 Жалғыз Кудайдың ғана басында ѳлим жоқ. Ол ҳеш ким жақынлай алмайтуғын нурда жасайды, Оны ҳеш ким кѳрмеген ҳєм кѳриўи де мүмкин емес. Ҳүрмет ҳєм мєңгилик күш-қүдирет Оныки болсын! Аўмийин.
17 Бул дүньядағы бай адамларға менмен болмаўды ҳєм ѳткинши байлықтан үмит етпеўди буйыр. Ал олар рєҳєт кѳриўимиз ушын бизлерге ҳємме нєрсени мол-мол етип беретуғын Кудайдан үмит етсин.
18 Оларға жақсылық ислеўди, жақсы ислер менен бай болыўды ҳєм ѳзинде барын басқалар менен бѳлисип, сақый болыўды да тапсыр.
19 Сонда олар ҳақыйқый ѳмирге ийе болыўы ушын, ѳзлерине келешекте беккем таяныш болатуғын ғєзийне топлайды.
20 Ҳєй Тимофей, саған исенип тапсырылғанды сақла. Жарамас сѳзлерден, ѳтириктен «билим» деп аталып, ҳақыйқатқа қарсы туратуғын тєлийматлардан аўлақ бол.
21 Себеби айырым адамлар бул жалған билимге берилип, исенимнен қайтты. Кудайдың мийрими сизлерге яр болсын!