Тимофейге жазылған биринши хат 4 bob

1 Жалған тәлийматлар ҳаққында. 6 Жақсы хызметши. 

1 Мухаддес Руўх анық айтпақта: соңғы ўақытларда гейбир адамлар алдаўшы руўхларға ҳєм жинлердиң тєлийматларына қулақ асып, исенимнен қайтады.
2 Бундай тєлийматлар ҳүждансыз болған еки жүзли ѳтирикшилер тєрепинен тарқалады.
3 Бул ѳтирикшилер үйлениўди ҳєм турмысқа шығыўды қадаған етеди, жєне де, айырым азық-аўқатларды жемеўди буйырады. Деген менен, ҳақыйқатты билетуғын исениўшилердиң миннетдаршылық билдирип жеўи ушын, Кудай бул нєрселерди жаратқан-ғо.
4 Кудай жаратқан ҳєр бир нєрсе жақсы ҳєм егер миннетдаршылық пенен қабыл етилсе, ҳеш нєрсеге тыйым салынбаўы керек.
5 Ѳйткени бизлер ҳєр бир нєрсени Кудайдың сѳзи бойынша ҳєм дуўа етиў арқалы мухаддес деп қабыл етемиз.
6 Егер буларды туўысқанларға нєсиятласаң, онда сен исенимниң ҳєм ѳзиң тутынған жақсы тєлийматтың сѳзлери менен азықланған, Масих Ийсаның жақсы хызметшиси боласаң.
7 Жарамас ҳєм мєниссиз гєплерден аўлақ болып, ѳзиңди Кудай жолында шынықтырып бар.
8 Денени шынықтырыўдың пайдасы аз. Ал Кудайдың жолында шынығыў ҳєр тєреплеме пайдалы. Себеби бул арқалы ҳєзир ҳєм келешекте ѳмир бериледи.
9 Бул сѳзлер исенимли ҳєм ҳєр тєреплеме қабыл етилиўге ылайықлы.
10 Соның ушын бизлер аўыр мийнет етип, азап шекпектемиз. Ѳйткени ҳємме адамлардың, єсиресе исениўшилердиң Кутқарыўшысы болған тири Кудайдан үмит етемиз.
11 Сен усыларды буйыр ҳєм үйрет.
12 Жассаң деп, ѳзиңди ҳеш кимниң кемситиўине жол қойма. Керисинше, сѳйлеген сѳзиң, жасаў тєризиң, сүйиспеншилигиң, исенимиң ҳєм пєклигиң менен исениўшилерге ѳрнек бол.
13 Мен жаныңа барғанымша, исениўшилер жємєєтине Мухаддес Жазыўларды оқыўға, үгит-нєсият етиўге ҳєм үйретиўге ѳзиңди бағышла.
14 Ақсақаллар жыйыны сениң үстиңе қол қойып дуўа еткенде, ѳзиңе пайғамбаршылық арқалы берилген руўхый сыйды пєс кѳрме.
15 Усыны ис жүзинде қоллан ҳєм табысларыңды ҳємме кѳриўи ушын, ѳзиңди буған толық бағышла.
16 Ѳзиңе ҳєм берип атырған тєлимиңе дыққат аўдар, усы ислериңди даўам ет. Усылай ислесең, ѳзиңди де, сени тыңлайтуғынларды да қутқарасаң.