1 Жәмәәт ишиндеги қатнасықлар.
Тимофейге жазылған биринши хат 5 bob
1 Ѓарры адамға урыспа, ал оны єкеңдей кѳрип, нєсият бер. Жас жигитлерди иниңдей,
2 жасы үлкен ҳаялларды анаңдай, жас ҳаял-қызларды єжапаң ҳєм қарындасыңдай кѳрип, толық пєклик пенен ақыл-нєсият бер.
3 Ҳақыйқаттан қєўендерсиз болған жесир ҳаялларды ҳүрмет ет.
4 Бирақ, егер бир жесир ҳаялдың балалары ямаса ақлықлары болса, олар ең алды менен Кудайдың жолы менен жүрип, ѳз үй-ишине ғамхорлық кѳрсетиўди, єке-шешеси менен кемпир апа ҳєм атасының алдында парызын ѳтеўди үйренсин. Себеби бул Кудайға унайды.
5 Ҳақыйқаттан қєўендерсиз, жалғыз қалған жесир ҳаял Кудайдан үмит қылып, күни-түни Оған жалбарынып дуўа етеди.
6 Бирақ тек кєйип-сапа менен жасайтуғын жесир ҳаял – тири ѳлик.
7 Айыпланбаўы ушын, оларға усыларды ескертип қой.
8 Егер ким де ким ѳз ағайин-туўғанларына, єсиресе үй-ишиндегилерге қарамаса, ол исенимнен жүз бурған адам болып, исенбейтуғын адамнан да бетер болғаны.
9 Жесирлер дизимине жазылатуғын жесир ҳаял тек бир мєртебе турмысқа шыққан, жасы алпыстан кем болмаған болыўы керек.
10 Сондай-ақ, ол жақсы ислери менен ат шығарған болып: балаларын жақсы тєрбиялаған, миймандос болған, исениўшилерге кишипейиллик пенен хызмет еткен, қыйыншылықта болғанларға жєрдем берген ҳєм ийгиликли ислерге ѳзин бағышлаған болыўы тийис.
11 Жас жесир ҳаяллардың атларын дизимге жазба. Ѳйткени олардың Масихқа деген садықлығынан дене қєлеўлери үстин болып, жєне турмысқа шығыўды ойлайды.
12 Солай етип, олар алдын берген ўєделерин бузып, жазаға дуўшар болады.
13 Буннан тысқары, олар үйме-үй жүрип, ўақытларын бийкар ѳткизиўди єдетке айландырады. Олар тек ериншек болып қалмай, ѳсек те айтады ҳєм керек емес нєрселерди сѳйлеп, басқалардың исине араласады.
14 Сонлықтан жас жесир ҳаяллар турмысқа шығып, бала туўыўын ҳєм хожалық жумысларын меңгерип, душпанлардың ѳсек қылыўына себеп туўдырмаўын қєлеймен.
15 Себеби олардың гейбиреўлери єлле қашан азғырылып, шайтанның изине ерип кетти.
16 Егер исениўши бир ҳаялдың жесир қалған жақынлары болса, оларға жєрдем етсин, исениўшилер жємєєтине аўырманлық салмасын. Сонда исениўшилер жємєєти ҳақыйқаттан қєўендерсиз қалған жесирлерге жєрдем ете алады.
17 Жємєєтти жақсы басқаратуғын ақсақаллар, єсиресе Кудайдың сѳзин жєриялап ҳєм үйретип, мийнет етип атырғанлар еки есе ҳүрметке ылайықлы болсын.
18 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда: «Түйек айдаған ѳгиздиң аўзын буўма» ҳєм «Жумысшы ѳз мийнет ҳақысына ылайықлы», – делинген.
19 Еки ямаса үш гүўа болмаса, бир ақсақалға қойылған айыпламаны қабыл етпе.
20 Басқалар қорқыўы ушын, гүна ислегенлерди ҳєммениң алдында єшкара қыл.
21 Кудайдың, Масих Ийсаның ҳєм таңланған периштелердиң алдында саған ескертип атырман: ҳеш кимди айырмай, тек бир тєрепке болыспай, усы буйырғанларымды орынла.
22 Биреўди хызметке алыў ушын, оның үстине қол қойып дуўа еткениңде, асығыслық қылма. Басқалардың гүналарына шерик болма: ѳзиңди таза тут.
23 Буннан былай, тек суў ишпей, асқазаның ҳєм жийи-жийи болып туратуғын аўырыўларың ушын, аз ғана шарап та иш.
24 Айырым адамлардың гүналары белгили болып, оларды ҳүким етилиўге алып келеди. Басқалардың гүнасы болса, соңынан мєлим болады.
25 Сол сыяқлы, жақсы ислер де белгили. Ал ҳєзир белгили болмаса да, жасырын қалмайды.