1 Жәмәәт жетекшилери ҳәм хызметшилери ҳаққында. 14 Уллы сыр.
Тимофейге жазылған биринши хат 3 bob
1 «Егер ким де ким жємєєт жетекшиси болыўды аңсаса, жақсы исти арзыў еткени», – деген сѳзлер ҳақыйқат.
2 Солай етип, жємєєт жетекшиси айыпсыз, бир ҳаяллы, салмақлы, ѳзин тутып билетуғын, ҳүрметли, миймандос ҳєм тєлим бериўге қєбилетли болыўы шєрт.
3 Жєне де, ол мєскүнемликке берилген, қызба, жєнжелкеш, пайдакүнем болмай, ал мүлєйим,
4 ѳз үйин жақсы басқаратуғын, балаларына сѳзин тыңлатып, ѳзин ҳүрмет еттире алатуғын адам болыўы лазым.
5 Себеби ѳз үйин басқара алмайтуғын адам Кудайдың жємєєтине қалай ғамхорлық қыла алады?
6 Жетекши жақында исенген адам болмаўы тийис. Олай болса, ол мақтанып кетип, шайтан сыяқлы жазаға дуўшар болыўы мүмкин.
7 Жєне де, ол айыпланып, шайтанның дузағына түспеўи ушын, жємєєттиң сыртындағы адамлардың алдында жақсы атқа ийе болыўы керек.
8 Сол сыяқлы, жємєєт хызметшилери де мєскүнемликке берилген, ҳарам пайданы гѳзлейтуғын адам болмай, бир сѳзли ҳєм ҳүрметли адамлар болыўы шєрт.
9 Олар исенимниң терең ҳақыйқатлығын билип, таза ҳүждан менен ис-ҳєрекет етиўи тийис.
10 Бул хызметшилер де дєслеп сынақтан ѳтиўи лазым. Егер айыпсыз болса, хызметке қойылсын.
11 Сондай-ақ, олардың ҳаяллары да ѳсекши болмай, ҳүрметли, салмақлы ҳєм ҳємме исте исенимли болсын.
12 Жємєєт хызметшилери бир ҳаяллы, балаларын ҳєм ѳз үй-ишин жақсы басқаратуғын адамлар болсын.
13 Хызметин жақсы атқарған хызметшилер жоқары мєртебеге ериседи ҳєм Масих Ийсаға деген исенимде үлкен батырлыққа ийе болады.
14 Мен жақын арада сениң жаныңа барыўдан үмит етемен. Бирақ егер кешиксем,
15 Кудайдың шаңарағында исениўшилердиң қалай ис тутыўы кереклигин билиўиң ушын, саған усы хатты жазып атырман. Кудайдың шаңарағы – ҳақыйқат тиреги ҳєм тийкары болған тири Кудайдың жємєєти.
16 Кудайдың жолының сыры уллы екени сѳзсиз. Келди Масих адам денесинде, Мухаддес Руўх тєрепинен ҳақ деп тастыйықланды Ол, Периштелерге кѳринди, Ол ҳаққында жєрияланды миллетлерге, Дүньяда Оған исенди, Ол жоқарыға алынды салтанат пенен.