1 Қудайға сыйыныў ҳаққында.
Тимофейге жазылған биринши хат 2 bob
1 Ең алды менен исениўшилерге мынаны үйретиўиңди ѳтиниш етемен: олар Кудай алдында ҳємме адамлар ушын сорап, дуўа етип, жалбарынып, миннетдаршылық билдирсин.
2 Патшалар ҳєм басшылар ушын да дуўа етсин. Сонда бизлер Кудайдың жолы менен ҳадал жасап, парахат ҳєм тыныш ѳмир сүремиз.
3 Бул ис жақсы болып, Кутқарыўшымыз Кудайға унайды.
4 Себеби Ол ҳємме адамлардың қутқарылыўын ҳєм ҳақыйқатлықты билиўин қєлейди.
5 Кудай жалғыз ҳєм Кудай менен адамлардың арасындағы Тєўеллеши, Ѳзи адам болған Масих Ийса да жалғыз.
6 Ол Ѳзин ҳємме адамлар ушын қурбан қылды. Бул арқалы Ол Кудайдың ҳємме адамларды қутқарыўды қєлейтуғынын белгиленген ўақытта дєлилледи.
7 Мен усы ушын Масих Ийса тєрепинен хабаршы ҳєм елши болып тайынланып, басқа миллетлерге исеним ҳєм ҳақыйқатлық ҳаққында үйрететуғын муғаллим болдым. Мен алдап атырған жоқпан, ҳақыйқатын айтып турман.
8 Жємєєтдеги ер адамларға ашыўланбаўды ҳєм тартыспаўды, ал ҳємме жерде мухаддес қолларын кѳтерип дуўа етиў кереклигин үйретиўиңди қєлеймен.
9 Ҳаяллар да шашларына артықша сєн бермей, ѳзлерин алтынлар, ҳинжилер ямаса қымбат кийимлер менен емес, ал сыпайы кийим, єдеп ҳєм ийбе менен безесин.
10 Керисинше, олар Кудайдан қорқып жасайтуғын ҳаялларға ылайықлы жақсы ислер менен ѳзлерин кѳркем қылсын.
11 Ҳаял тыныш ҳєм толық бойсынған ҳалда тєлим алсын.
12 Ҳаялдың тєлим берип, ер адамды басқарыўына рухсат етпеймен. Ҳаял тыныш болсын.
13 Ѳйткени дєслеп Адам-ата, соңынан Ҳаўа-ене жаратылды.
14 Жєне де, Адам-ата емес, ал ҳаял алданып, гүна иследи.
15 Бирақ, ҳаял исеним, сүйиспеншилик ҳєм мухаддеслик пенен, єдепли болып жасаса, бала туўыўы арқалы қутқарылады.