Салоникалыларға жазылған екинши хат 3 bob

6 Өз мийнетиңиз бенен жасаңлар! 16 Соңғы сәлемнама. 

1 Кулласы, туўысқанлар, Ийемиздиң сѳзи сизлердиң араңызда қалай жайылған болса, еле де солай тезлик пенен жайылып, ҳүрметке бѳлене берсин деп, бизлер ушын дуўа етиңлер.
2 Жаман ҳєм жаўыз адамлардан қутылыўымыз ушын да дуўа етиңлер. Ѳйткени адамлардың ҳєммеси исениўши емес.
3 Бирақ, Ийемиз садық. Ол сизлерге күш-қуўат берип, шайтаннан сақлайды.
4 Ийемиз сизлер менен қарым-қатнаста болғанлықтан, буйырғанларымызды ислеп атырғаныңызға ҳєм ислейтуғыныңызға исенемиз.
5 Ийемиз жүреклериңизди Кудайдың сүйиспеншилигине ҳєм Масихтың сабырлылығына қарай жетелесин.
6 Туўысқанлар! Ийемиз Ийса Масихтың аты менен буйырамыз: бизлерден алған тєлийматты тыңламай, исжақпаслық етип жүрген барлық туўысқанлардан аўлақ жүриңлер!
7 Бизлерден қалай ѳрнек алыўыңыз керек екенлигин ѳзлериңиз билесизлер. Себеби бизлер араңызда болғанымызда, талапсыз жүрген жоқпыз.
8 Ҳеш кимниң нанын бийпул жемедик. Керисинше, ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспесин деп, күни-түни аўыр мийнет еттик.
9 Жєрдемиңизди қабыл етиўге ҳақымыз болмағаны себепли емес, ал сизлер бизлерге еликлесин деп, ѳрнек болыўымыз ушын усылай иследик.
10 Ҳєтте, бизлер сизлер менен бирге болғанымызда: «Ким де ким мийнет етиўди қєлемесе, аўқат та жемесин», – деген буйрықты берген еди.
11 Ѳйткени араңыздағы айырымлардың талапсыз болып, ҳеш жумыс ислемей, басқалардың исине араласып жүргенин еситип атырмыз.
12 Бундай адамларға Ийемиз Ийса Масихтың аты менен жалбарынамыз ҳєм мынаны буйырамыз: тыныш мийнет етип, ѳз нанын ѳзи таўып жесин.
13 Ал сизлер, туўысқанлар, жақсы ис ислеўден жалықпаңлар.
14 Егер бул хаттағы сѳзлеримизге қулақ аспағанлар болса, оны айырып қойыңлар. Оны уялтыў ушын, байланысты үзиңлер.
15 Бирақ, оны душпан деп санамай, туўысқан сыпатында ескертиңлер.
16 Тынышлық бериўши Ийемиздиң Ѳзи сизлерге ҳємме ўақытта, ҳєр қандай жағдайда тынышлық берсин. Ийемиз ҳєммеңизге яр болсын!
17 Мен, Павел, бул сєлемди ѳз қолым менен жазып атырман. Мениң ҳєр бир хатымда бул белги бар. Мен усылай жазаман.
18 Ийемиз Ийса Масихтың мийрими ҳєммеңизге яр болсын!