Салоникалыларға жазылған екинши хат 2 bob

1 Нызамды бузыўшының пайда болыўы. 13 Беккем турыңлар!

1 Туўысқанлар! Енди Ийса Масихтың қайта келиўине ҳєм бизлердиң Оның алдына жыйналыўымызға байланыслы сизлерден мыналарды ѳтинемиз.
2 Ийемиздиң күниниң єлле қашан келгенин айтқан ҳєр қандай пайғамбаршылық, сѳз ямаса бизлер жибергендей етип кѳрсетилген хат себепли ақылдан дєрҳал азып, тєшиўишленбеңлер.
3 Ѳзлериңизди ҳеш кимге ҳеш қандай жол менен алдатпаңлар. Себеби сол күн келиўге дейин дєслеп исенимнен қайтыў басланып, нызамды бузыўшы, яғный тєғдирине набыт болыў жазылған адам пайда болады.
4 Сол адам – Кудайға ямаса адамлар «қудай» деп сыйынатуғын ҳєр бир нєрсеге қарсы шығып, ѳзин ҳєммеден жоқары қояды, ҳєтте, ол Кудайдың Ибадатханасындағы Мухаддесханада отырып, ѳзин «қудайман» деп жєриялайды.
5 Сизлер менен бирге болғанымда усыларды айтқаным еслериңизде жоқ па?
6 Сол адамның ѳз ўақтында пайда болыўына дейин ҳєзир оны не услап турғанын билесизлер.
7 Аўа, нызамсызлықтың сырлы күшлери єлле қашан ҳєрекет етпекте. Бирақ усы күшти услап турыўшы жоқ қылынбағанша, ол ѳз исин даўам ете береди.
8 Буннан соң, нызамды бузыўшы пайда болады. Бирақ Ийемиз Ийса оны аўзынан шыққан деми менен ѳлтиреди ҳєм Ѳзиниң уллы салтанаты менен келгенде жоқ қылады.
9 Сол адам шайтанның күши менен келип, ҳєр түрли қүдирет, жалған белгилер менен таң қаларлық нєрселерди
10 ҳєм набыт болатуғынларды алдаўшы ҳєр түрли жаманлықларды кѳрсетеди. Ѳйткени олар ѳзлериниң қутқарылыўы ушын ҳақыйқатлықты сүйиўден бас тартқанлықтан, набыт болады.
11 Сонлықтан жалғанға исенсин деп, Кудай оларға алдаўшы бир күш жибереди.
12 Солай етип, ҳақыйқатқа исенбей, жаманлықтан рєҳєтленетуғынлардың ҳєммеси ҳүким етиледи.
13 Бирақ бизлер Ийемиз сүйген туўысқанларымыз болған сизлер ушын ҳємме ўақыт Кудайға шүкирлик етиўге парызлымыз. Себеби Кудай Мухаддес Руўх тєрепинен мухаддес қылыныўыңыз арқалы ҳєм ҳақыйқатқа исениўиңиз арқалы қутқарылыўыңыз ушын, сизлерди єўел бастан таңлап алған еди.
14 Ийемиз Ийса Масихтың уллылығына ерисиўиңиз ушын, бизлер жєриялаған Хош Хабар арқалы Кудай сизлерди усы қутқарылыўға шақырды.
15 Сол себепли, туўысқанларым, беккем турыңлар! Бизлердиң сѳз ямаса хат арқалы сизлерге үйреткен тєлийматымыз бойынша ис тутыңлар.
16 Ийемиз Ийса Масихтың Ѳзи ҳєм бизлерди сүйип, мийрим-шєпєєти менен бизлерге шексиз жубаныш ҳєм жақсы үмит берген Єкемиз Кудай
17 сизлердиң кеўиллериңизди жигерлендирип, ҳєр қандай жақсы исте де, сѳзде де күш-қуўат берсин.