1 Масихтан өрнек алың! 12 Қудайдың балаларына сай жасаңлар! 19 Тимофей ҳәм Епафродит.
Филиплилерге жазылған хат 2 bob
1 Егер сизлерде Масихтан келген жигер, сүйиспеншиликтен пайда болған жубаныш, Мухаддес Руўх пенен қарым-қатнас, мийримлилик ҳєм реҳимлилик бар болса,
2 онда бир пикир ҳєм сүйиспеншилик пенен, бир руўх ҳєм мақсет пенен бирлесип, мениң қуўанышымды толы қылың.
3 Ҳеш бир нєрсени ѳз атақ-абырайыңызды асырыў ушын ямаса мақтаншақлық пенен ислемеңлер. Ал ҳєр бириңиз кишипейиллик пенен, басқаларды ѳзиңизден үстин деп есаплаңлар.
4 Тек ѳзиңиздиң ғана емес, ал басқалардың да пайдасын гѳзлеңлер.
5 Масих Ийсада болған мына кишипейилликке сизлер де ийе болыңлар:
6 Масих қудайлық тєбиятқа ийе бола тура, Кудайға тең атақты алыўға умтылыўды Ѳзине минєсип кѳрмеди.
7 Ал Ѳз уллылығынан ўаз кешип, қул келбетин қабыллады. Ол адам болып туўылып, адам кѳринисинде келди.
8 Ол Ѳзин пєс тутты ҳєм ѳлимге, ҳєтте, атанақ ағаштағы ѳлимге барып, Кудайға бойсынды.
9 Сонлықтан да, Кудай Оны ең бийик мєртебеге еристирди ҳєм Оған барлық атлардан жоқары туратуғын атты берди.
10 Солай етип, Ийсаның аты аталғанда аспандағылардың, жердегилердиң ҳєм жердиң астындағылардың барлығы дизе бүгип,
11 Кудай Єкениң уллыланыўы ушын, ҳємме Ийса Масихты Ийемиз деп ашық мойынлайды.
12 Солай етип, сүйикли туўысқанларым, мен жаныңызда болғанымда, сизлер бєрқулла Кудайға бойсынатуғын едиңлер. Ал ҳєзир жаныңызда жоқ ўақтымда да бурынғыдан кѳбирек бойсынып, қорқыныш ҳєм сақлық пенен, қутқарылыўыңызға сай ис-ҳєрекетлерди ємелге асыра бериңлер.
13 Себеби Ѳзине унаған ислерди қєлеўиңиз ҳєм ислеўиңиз ушын, Кудайдың Ѳзи сизлерге түртки салады.
14 Ҳєр бир нєрсени тоңқылдамай ҳєм тартыспай ислеңлер!
15 -
16 Сонда сизлер адасқан ҳєм бузылған єўлад арасында Кудайдың кемшиликсиз, таза ҳєм минсиз балалары боласызлар. Кудайдың ѳмир беретуғын сѳзлерин басқаларға жеткизип, дүньядағы жулдызлар сыяқлы жарқырайсызлар. Солай етип, мениң жан-тєним менен қылған мийнетим босқа кетпей, Масихтың қайта келетуғын күнинде мақтана аламан.
17 Сизлердиң исеним бойынша берген қурбанлығыңызды ҳєм еткен хызметиңизди толықтырыў ушын, қаным қурбанлық шарабы сыяқлы тѳгилетуғын болса да, мен қуўанаман ҳєм ҳєммеңиздиң қуўанышыңызды бѳлисемен.
18 Сол сыяқлы, сизлер де қуўаныңлар ҳєм мениң қуўанышымды бѳлисиңлер.
19 Ҳал-жағдайыңызды билип, мениң де кеўлим жай табыў ушын, Ийемиз Ийса қєлесе, Тимофейди жақын арада сизлерге жибериўден үмит етемен.
20 Ѳйткени ол сыяқлы, шын жүректен сизлердиң ғамыңызды ойлайтуғын мениң басқа адамым жоқ.
21 Ҳємме Масих Ийсаның емес, ал ѳз мєпин ойлайды.
22 Бирақ Тимофейдиң исенимли адам екени сизлерге мєлим. Себеби ол єкесиниң жанында хызмет еткен ул сыяқлы, Хош Хабардың жєрияланыўы ушын мениң қасымда хызмет етти.
23 Жағдайымның қандай болатуғыны белгили болыўдан, оны дєрриў жибериўден үмит етемен.
24 Ийемизге исенимим кємил, мениң ѳзим де жақын арада барып қаламан.
25 Бирақ, мүтєж болғанымда маған жєрдем етиў ушын сизлердиң жиберген елшиңиз, туўысқаным, шеригим ҳєм Хош Хабар ушын саўаштағы жолдасым Епафродитти сизлерге қайтарып жибериўди мақул кѳрдим.
26 Ѳйткени ол ҳєммеңизди сағынып атыр ҳєм оның аўырып қалғаны ҳаққында хабар тапқаныңыз себепли, қатты уўайымлады.
27 Ол ҳақыйқаттан да, ѳлим тѳсегинде жатты. Деген менен, Кудай оған, тек оған емес, ал қайғы үстине қайғы шекпеўим ушын маған да реҳимлилик етти.
28 Сонлықтан оны жєне кѳрип қуўаныўыңыз ушын ҳєм мениң қайғыларым да жеңиллесиўи ушын, оны қатты асығыслық пенен жаныңызға жиберип атырман.
29 Оны Ийемиздиң атынан үлкен қуўаныш пенен қарсы алыңлар ҳєм усындай адамларды ҳүрмет етиңлер.
30 Себеби сизлердиң маған ете алмаған хызметиңизди етиў ушын, ол ѳз жанын қєўип астына қойып, Масихтың иси ушын бир ѳлимнен қалды.