1 Жалған устазлар ҳаққында.
Петрдиң екинши хаты 2 bob
1 Бирақ, бурын Израил халқы арасында жалған пайғамбарлардың болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да жалған устазлар болады. Олар араңызға жасырын түрде азғын тєлийматлар киргизип, ҳєтте, ѳзлерин Ѳз қанын тѳлеп сатып алған Ийесин де тєн алмайды. Солай етип, бундайлардың ис-ҳєрекети оларды тез арада набыт болыўға алып келеди.
2 Кѳп адамлар олардың бузықлығына ереди. Олар себепли ҳақыйқат жолына тил тийеди.
3 Олар нєпсиқаўлық пенен, ѳзлери ойлап тапқан жалған сѳзлер айтып, сизлерден пайдаланады. Олардың ҳүкими єўелден-ақ таяр турған болып, олар кѳп кешикпей набыт етиледи.
4 Себеби Кудай гүна ислеген периштелерди де аямаған. Оларды ҳүким етилетуғын күнге дейин сақлансын деп, тас түнек дозаққа ылақтырып, қараңғылыққа қамап қойыпты.
5 Кудай қудайсызлардың дүньясына суў тасқынын жибергенде, єййемги дүньяны да аямады. Бирақ, ҳақыйқатлық жаршысы болған Нухты ҳєм оннан басқа жети адамды аман сақлап қалды.
6 Содом ҳєм Гомора қалаларын да ҳүким етип, күлге айландырды. Бул арқалы келешекте қудайсызлардың басына түсетуғынларды мысал етип кѳрсетти.
7 Ал ар-намыссыз адамлардың бузықлығынан азап шеккен ҳақ адам Лутты Кудай қутқарды.
8 Олардың арасында жасаған бул ҳақ адамның олардың наҳақ ислерин кѳрип ҳєм еситип турып, пєк кеўли күн сайын қыйналатуғын еди.
9 Солай етип, Кудай Ѳз жолы менен жүретуғын адамларды қыйыншылықлардан қалай қутқарыўды ҳєм наҳақ адамларды ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнине дейин қалай сақлап, жазалаўды биледи.
10 Єсиресе ѳзиниң гүнакар тєбиятының бузық қєлеўлерине берилип, Кудайдың бийлигин менсинбейтуғын наҳақ адамлардың тєғдири усылай болады. Сол сыяқлы, уятсыз ҳєм ѳжет адамлар болған жалған устазлар уллылыққа ийе болғанларға тил тийгизиўден қорқпайды.
11 Периштелердиң күш ҳєм қүдирети жалған устазлардан анағурлым уллырақ болса да, периштелер Кудай алдында оларды масқаралап айыпламайды.
12 Бирақ бул жалған устазлар ѳзлери түсинбейтуғын затларға тил тийгизеди. Услап алынып набыт қылыныў ушын туўылған санасыз ҳєм тєбийғый сезим бойынша жасайтуғын ҳайўанлардай болған олар сол ҳайўанлар сыяқлы набыт болады.
13 Олар ислеген жаман ислерине ылайық жаза алады. Булар күндиз айшы-єширетке берилиўди ѳмирдиң мазмуны деп биледи. Сизлердиң жүзиңизди қара қылып, дақ түсиретуғын бул адамлар сизлер менен бирге зыяпатта отырғанда, ѳз ѳтиригинен рєҳєтленеди.
14 Олардың кѳзлери бузықшылыққа толған болып, олар үзликсиз гүна ислейди. Исеними ҳєлсиз адамларды жолдан азғыратуғын бул адамлар – нєпсиқаў ҳєм ғарғыс урған адамлар.
15 Туўры жолды таслап адасқан олар наҳақ жол менен пайда кѳриўди жақсы кѳрген Босор улы Балаамның жолын тутты.
16 Бирақ ол ислеген гүнасы ушын єшкара етилген еди: тилсиз ешек тилге кирди, ол адамдай болып сѳйлеп, пайғамбардың ақылсыз исине тосқынлық жасаған еди.
17 Бул адамлар суўсыз булақлар, даўыл айдаған думан. Олар ушын тас түнек қараңғылық таяр тур.
18 Ѳйткени олар надурыс жол менен жүретуғын адамлардан жаңа ғана қутылғанларды бос ҳєм лап сѳзлер менен алдап, гүнакар тєбияттың бузық қєлеўлерине баслайды.
19 Ѳзлери азғынлықтың қулы бола тура, оларға азатлықты ўєде етеди. Себеби адам неден жеңилсе, соның қулы болады-ғо.
20 Адамлар Ийемиз ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масихты билип, дүньяның напєкликлеринен қутылғаннан соң, жєне сол нєрселердиң дузағына түсип, олардан жеңилсе, онда кейинги аўҳалы бурынғыдан да бетер болады.
21 Ѳйткени ҳақыйқатлық жолын билгеннен соң, берилген мухаддес буйрықтан жүз бурғаннан гѳре, бул жолды ҳеш билмеген олар ушын жақсырақ болар еди.
22 Олардың ѳмиринде ушырасатуғын бундай аўҳалға мына нақыл сѳзлер туўры келеди: «Ийт ѳз қусығына қайтады, Шошқа жуўындырылғаннан соң, Барып батпаққа аўнайды».