Петрдиң екинши хаты 3 bob

1 Ийемиздиң қайтып келетуғын күни ҳаққында. 

1 Сүйикли туўысқанларым, бул мениң сизлерге жазып атырған екинши хатым.
2 Мен еки хатымда да мухаддес пайғамбарлардың алдын ала айтқан сѳзлери ҳєм Кутқарыўшы Ийемиздиң елшилери арқалы берген буйрығын еске түсириўиңиз ушын сизлерде пєк ой-пикирлерди оятыўға ҳєрекет еттим.
3 Ең алды менен мынаны билип қойыңлар: дүньяның ақырғы күнлеринде ѳз жаман қєлеўлерине еретуғын мазақ етиўшилер пайда болады. Олар сизлерди мазақ қылып:
4 «Ийеңиздиң қайтып келемен деген ўєдеси қєне? Ата-бабаларымыз дүньядан ѳткеннен бери, ҳємме нєрсе қалай жаратылған болса, еле солай турыпты-ғо», – дейди.
5 Себеби олар Кудайдың сѳзи менен аспанның жүдє єййемги ўақытларда бар болғанын ҳєм жердиң суў арқалы суўдан жаратылғанын жортаға билмегендей болады.
6 Сол ески дүнья да усы суў тасқынынан набыт болған еди.
7 Ал ҳєзирги аспан ҳєм жер болса, отта жаныў ушын Кудайдың сол сѳзи менен сақланып, қудайсыз адамлардың ҳүким етилип набыт болатуғын күнине шекем қорғалып турыпты.
8 Сүйикли туўысқанларым, бирақ тек мынаны естен шығармаңлар: Ийемиздиң нєзеринде бир күн мың жылдай, мың жыл бир күндей.
9 Айырымлар кешикти деп есаплағандай, Ийемиз ўєдесин орынлаўды кешиктирип атырған жоқ. Керисинше, Ол ҳеш кимниң набыт болыўын қєлемей, ҳєр бир адам тєўбе етсин деп, сизлер ушын сабырлылық пенен күтип турыпты.
10 Деген менен, Ийемиздиң қайтып келетуғын күни уры сыяқлы күтилмегенде келеди. Сол күни аспан уллы гүрсилди менен жоқ болады, аспан денелери жанып кетеди, жер ҳєм жер бетиндеги ҳєр бир нєрсе жанып күлге айланады.
11 Ҳємме нєрсе усы тєризде жоқ болып кететуғын болса, сизлер қандай адамлар болыўыңыз зєрүр? Сизлер мухаддес болып жасап, Кудайдың жолы менен жүриўиңиз керек.
12 Кудайдың күниниң келиўин сағына күтип, оның келиўин тезлетиўиңиз лазым. Ѳйткени сол күни аспан жанып жоқ болады, аспан денелери де күшли ыссыдан ерип кетеди.
13 Бирақ бизлер Кудайдың ўєдеси бойынша ҳақлық орнаған жаңа аспан менен жаңа жерди күтемиз.
14 Сонлықтан, ҳєй сүйикли туўысқанларым, усыларды күтип жүрген екенсиз, Кудайдың алдында кемшиликсиз ҳєм минсиз болыўға бар күшиңиз бенен ҳєрекет етип, тыныш жасаңлар.
15 Сүйикли туўысқанымыз Павелдиң де ѳзине берилген даналығы менен сизлерге жазғанындай, Ийемиздиң сабырлылығын қутқарылыў пурсаты деп есаплаңлар.
16 Павел барлық хатларында усы ҳаққында сѳз етеди. Оның хатларында түсиниўге қыйын болған базы бир жерлер бар. Надан ҳєм тыянақсыз адамлар басқа Мухаддес Жазыўларды бурмалағаны сыяқлы, буларды да бурмалайды. Усы ис-ҳєрекетлери оларды набыт болыўға алып келеди.
17 Солай етип, ҳєй сүйикли туўысқанларым, буларды алдын ала билип қойыңлар, ар-намыссыз адамларға ерип, ѳзлериңиздиң беккем негизиңизди жойтып қоймаўыңыз ушын сақ болыңлар.
18 Ийемиз ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масихтың мийримине бѳленип, Оны билиўде ѳсип барыңлар. Ҳєзир ҳєм мєңгиге Оған даңқ болсын! Аўмийин.